en
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Open in Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Show more

📈 Analytical overview of Telegram channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) in the Kazakh language segment is an active participant. Currently, the community unites 18 786 subscribers, ranking 4 322 in the Religion & Spirituality category and 448 in the Kazakhstan region.

📊 Audience metrics and dynamics

Since its creation on невідомо, the project has demonstrated rapid growth, gathering an audience of 18 786 subscribers.

According to the latest data from 12 July, 2026, the channel demonstrates stable activity. Although there has been a change in the number of participants by -259 over the last 30 days and by 1 over the last 24 hours, overall reach remains high.

  • Verification status: Not verified
  • Engagement rate (ER): The average audience engagement rate is 28.31%. Within the first 24 hours after publication, content typically collects 19.91% reactions from the total number of subscribers.
  • Post reach: On average, each post receives 5 319 views. Within the first day, a publication typically gains 3 741 views.
  • Reactions and interaction: The audience actively supports content: the average number of reactions per post is 45.

📝 Description and content policy

The author describes the resource as a platform for expressing subjective opinions:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Thanks to the high frequency of updates (latest data received on 13 July, 2026), the channel maintains relevance and a high level of publication reach. Analytics show that the audience actively interacts with content, making it an important point of influence in the Religion & Spirituality category.

18 786
Subscribers
+124 hours
-307 days
-25930 days
Posts Archive
#Өмирден Анамның мектеби. Жас муғаллимлерге тек сабақ өтиудиң сыры емес,гейде өмир сабақларынанда өтип турамыз,себеби жас кадр жәмәәт пенен писеди,егеледи,бирди көрип пикир етеди,биреуди көрип шүкир етеди. Сонда да енелер мектебинин жөни бөлек. Ертеректе бир муғаллимимиз турмысты меңгере алмай бираз қыйналды. "Үйде қайтып келип отырған қыз бар,оның еки баласы,абысынымның еки баласы бар,бәри жумысқа таслап-таслап кетип қалады,бәри маған қалады,сылпылдвп жүргеним,исиң өнбейди деп енемде бақырғаны бақырған" десе,менде"кишкене келинниң уазыйпасы сол,ата мәканда отырыуы,түтинин түтетиу,жағыныу аңсат емес ,хәмме келеди,кетеди,қайтарсын пайын берип жибересең,ата-ене менен жасаудың да артықмашлық жерлери де бар,хеш нәрсени қайғырмайсаң,балаларың бағыулы,үйиңниң қулпы,гилти десем, билемен ау апа ,бирақ жаныма тийип кетеди,жүргениң хәмме нәрсени жыйнап ,хәмме кетеди жай-жайына,бир өзиме қалады". Түсинип турыппан, ата-ана өзи ушын емес,ал баллары ушын жасайды,солар орнын тауса қууанады,қағылса жәрдем береди,бәрин тәрезиге салып,тең тартып отырады. Келиншекке ақылымды айтып хәр сапары қайтарар едим.Өзиң көтермей жүрсең ,оннанша алғыс алып ,емленип көтер деп алдарқатып қайтараман. Бир күни күйеуи келди: "апа сизге өкпем жоқ,бар ақылыңызды айтып атырсыз,уққанынша уғар,уқпаса кемеси қырда қалажақ деди."Кемеси қырда қалғаны қалай "десем,"апа ,өзимнен үлкен ажапам,ажағам бар,табысты бир жерге жәмлеп биримлеп жай салып шыға беремиз,қартайған ата-анамның жазығы не,қайтып келген қызда орнын тауар,соны мына келиншегим бетине басып ата-анамның кеулине тийипти. Енди буны жумыстан шығарып алып,анамның мектебине беремен. Үлкен ажағам жай баслап қойыпты,көплеп-көмеклеп сол жайды питкериуимиз керек. Усталардың ауқатын писиреди,кишемниң кемиси жоқ,анамның мектебинен он төрт жыл өтипти. Бул еле еки жылға шыдамай атыр"деди. Соның менен жумыстан шығып кетти,бизлер бул уақыяны умыттық.Жақында садақадан тап сол үйге кирип қалдық,биреуге усатаман. Қыйын жағдайдан келиншектиң өзи шығарды.Апа баяғы сизде ислеген муғаллиммен ғой деп атыр. Енениң мектебинен толық,мүдирмей өткен келиншек жүдә бахытлы еди.Цех ашып алыпты,қарауында бес келиншек ислейди екен. Ата енеси булардың балаларына қарап отырған. Қызда жайын тауыпты.Абысыны бөлекленип ,ул-қызын үйлендирипти. Ата-анасын сыйлатқан балаға рахмет,ене мектебинен өткен келинге рахмет дедим. ✍Оралхан Сапарова https://t.me/ibratli_sozler

#Тарийхый_тулғалар ҚАБАҚ АТА—ҚАБАҚХАН Қабақхан дәслеп мүйтен балықшыларының, соңын ала пүткил теңиз жағалаған халықтың ханы болған. Ол Тербенбес таўына жақын жердеги үлкен қумлықты тегислетип үстине қала салған, қалада мектеп, медреселер болған. Қабақхан заманында урыс, жәнжел онша болмаған дейтуғын еди жасы үлкенлеримиз: Қабақхан қала салды, Есимхан оған суў апарды—деген сөзлерди балалығымда көп еситтим. Есимхан дегени бул пүткил қарақалпақты сораған, мәлим мүддет Хорезмди де қосып сораған Есим арнаны қаздырған хан, тарийхый тулға. Жоқарыда еситкен сөзлеримизге қарағанда Қабақхан Есимханнан бурынлаў жасап өткен болады. Қабақлы ата туўралы бир қанша аңыз-әңгимелер бар. Аңызларда Қабақлы ата шөлде қалған мүсәпирлерге суў иштирип пәрмана болады. Оның қабағындағы суў ҳеш ўақытта таўсылмайды. Хийўа ханлары тарийхын изертлеўшилер Қабақханды «Кебек хан» ямаса «Қабақхан»— деп атап өтеди. Қабақхан өзи салған қалаға жерленген . Ҳәзир ол жер «Қабақлы ата» деп аталатуғын үлкен зыярат жайы болып табылады. Арқаның халқы «Қабақлы атаны кийиклер зыярат қылады» деген сөзди көп айтады. ҚАБАҚЛЫ АТА Мәкке-Мәдинедан сабақты алып, Қураны Кәримди қәлбине салған, Ораза намазын ўақтында баслап, Сырлы шайық ата болып жасаған. Қабақлы ата жатар үлкен бийикте, Төбеси турғандай көкке тийип те, Ушқан қус та қант қақпай өтеди, Адам түўе зыяратлар кийик те. Шыйықшы болған Тәжимурат бабаға, Жүсипбек те хызмет еткен Атаға, Алтын гүмбез, шырша қапы қойдырған, Көз тиймесин Бәўетдийин балаға. Пирли бабалар көп өткен дүньяда, Сыйлаймыз жатса да узақ қыяда, Сыйынып барсаңлар берекет берер, Байманбет, Қайыперен, Қабақлы Ата да. (Төренияз Акимниязов)
Мағлыўматты топлаған: Айназар Өтемисов «Тарийх илимлериниң кандидаты, доцент» Таярлаған: Марина Абдуллаева «Түслик Арал халқының салт-дәстүрлери» китабынан алынды.
https://t.me/ibratli_sozler

"Бүлбүлзибан" адебий лақабы менен әдебиятта йошлы  қәлем тербетип киятырған қәйнимниң "БОЛАЛМАЙМЫЗ АДАМЛАРДАЙ БУРЫНҒЫ" қосығына жуўап ретинде
Сайра қәйним, ҳағын айтып сайрашы, Уқсын жаслар,қәлеминди қайрашы. Өткенлердиң өмирин ҳәм тарийхын, Жырла тынбай,ҳақ кеўилден жайрашы. Кеўилден жай алар айтқан сөзлериң, Бәрин корип турғандай-аў көзлерим! Болалмаса ҳәм адамлардай бурынгы, Бүгингилер аспан билер  өзлерин. Бурынғының көзин бизде көргенбиз, "Өмир солай ма..." деп ой да сүргенбиз. Инсаният өзгереди буншелли, Түрли-түрли дослар менен жүргенбиз. "Күншығыстың жолаўшысына" тақ турып, Жеңгейлерге тандырга нан жаптырып" Айтып кеткени бар Аязий агам. "Туўысқанлық" қосықтан дәм таттырып. Ертеңгини алдан болжап көргендей, Халқым дана-аў айтсаң айта жүргендей, "Ақыйрда бас суқпас қоңсы қоңсыға", Деген гәпи бүгин туўры келгендей... Итибар бер, карап тумлы-тусқа деп, Зинҳарлап кетседе өмир қысқа деп, Бир адам жоқ қулақ асар ўәжиңе, Ҳәмме  "ўәлий",урынасаң боска тек! Ҳүрмет жоқ сәўбетти қыздырғанларға, Бир-еки көйлек бурын тоздырғанларға, Яшуллыға көзиң-жүзиң демейди, Гәп жуқпас жиниңди қоздырғанларға. Мийрим-шәпәәтте барар азайып, Таққанымыз емес бирақ биз айып, Менменликтиң "тонын" кийген көбейди, Ғыйбат емес,қайсы бирин жазайық! "Гөр дүзетер,болса егер бүкир..." деп, Берген демге,тынышлыққа шүкир деп, Қайысыйп турыпты-аў биздей апаңыз, Өзлериң-ақ жуўыртың бир пикир деп. ✍Ҳүрлиман БЕРДИЕВА. Нураный устаз. https://t.me/ibratli_sozler

Басқалар бахытлырақ көринеди "Бахытлы болыўды қәлесек махсетке аңсат ерисе алған болар едик. Биз басқалардан бахытлырақ болыў
Басқалар бахытлырақ көринеди "Бахытлы болыўды қәлесек махсетке аңсат ерисе алған болар едик. Биз басқалардан бахытлырақ болыўды қәлеймиз, соның ушын да ерисе алмаймыз" деп айтқан еди Франсуз жазыўшысы Мишель де Монтень 5 әсир алдын.
Инстаграм дәўиринде өмиринен наразылар көбейди. Өз өмири себепли емес, өзгелердиң өмири себепли. Сизиң пикириңиз қандай?
 https://t.me/ibratli_sozler

ҚОҢСЫЛАРЫМ ​Бири — ағам, бири — иним, Бири — апам, бири — сиңлим, Көшениң абырай-мәртебесин, Бәлент қылған қоңсыларым. ​Бир ананың баласындай, Бир атаның саласындай, Сөзлери бар қорғасындай, Ислери зор қоңсыларым. ​Мереке ҳәм мейлислерде, Тақ турады хызметлерге, Кеўли ашық, ким келсе де, Ҳақ кеўилли қоңсыларым. ​Той-мереке болса егер, Жабырласып бәри келер, «Абырай — шерик», — десип билер, Туўысқандай қоңсыларым. ​«Мына жумыс қыйын», — десип, Турмай бәри ийинлесип, Қай иске де биргелесип, Жәўлан урған қоңсыларым. ​Таза көше бийин сайлап, Бирлик баўын беккем байлап, Аўыл мәпин күнде ойлап, Дым әжайып қоңсыларым.
✍Нурбийке Бердимуратова
https://t.me/ibratli_sozler

☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘ --Өмирди неге мегзеттиңиз? - деп сорапты қартайған бир дәрўиштен. --Сынық гүзедеги суўға мегзеттим..-жуўап берип
☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘☘ --Өмирди неге мегзеттиңиз? - деп сорапты қартайған бир дәрўиштен. --Сынық гүзедеги суўға мегзеттим..-жуўап берипти дәрўиш. --Не себеп?! --Суўды ишсеңде таўсылады, ишпесеңде..!
Жуўмақ өзлериңизден.
https://t.me/ibratli_sozler

"ЖЕТИ АСЫРЫМ" 🎤Гүлнара АЛЛАМБЕРГЕНОВА https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ӘЗИЗЛЕРИМ! Қайырлы таң баршеңизге! ☘ Аллаҳым сизлерге беккем ден-саўлық, кеўиллерге қәтержамлық, шаңарақлы
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ӘЗИЗЛЕРИМ!    Қайырлы таң баршеңизге!     ☘ Аллаҳым сизлерге беккем ден-саўлық, кеўиллерге қәтержамлық, шаңарақлық бахыт берсин!      ☘Қәдириңиз бәлент болып, орныңыз мудамы төрден болсын!     ☘ Жақсы нийет-әрманларыңыз әмелге ассын!     ☘Күниңиз жақсы хабарларға толы болсын!     ☘Бәршеңизге әўмет яр болсын!! 🌤ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ! 🌈Дүйшемби күниңиз берекетли болсын. 👉https://t.me/ibratli_sozler

#Түншырақ 💫Қайырлы түн әзизлер! ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Уйқыға жатыўдан алдын өмириңиздеги бәрше инсанларға, ҳәмде қолыңызда барына минн
#Түншырақ 💫Қайырлы түн әзизлер! ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Уйқыға жатыўдан алдын өмириңиздеги бәрше инсанларға, ҳәмде қолыңызда барына миннетдаршылық ҳәм шүкирлик билдириң!
"Әзизлер сизлердей жақсылардың қоршаўында екенимнен миннетдарман"
https://t.me/ibratli_sozler

📖 Қарындасым үйге келсе ✍  АБАТ КРАМОВ 🎙 БАҲАДЫР ДӘЎЛЕТНИЯЗОВ https://t.me/ibratli_sozler

#тәрбия Өмир жолларындағы бәлент-пәсликлерден қорқпаң. Булар сизиң еледе раўажланыўыңызға хызмет етеди. Уллы ислер ҳәрекетинде болың! https://t.me/ibratli_sozler

#Мийрас УНЫҢДЫ ШАШАЙЫН БА            Бурынғы ўақытларда жигитлер қыз бенен танысыў ушын жеңгелеринен пайдаланған. Әсиресе, жуўас  жигитлер.        Бизиң аўылда  көп ўақыттан бери үйленбей жүрген бир бойдақ жигит бар еди. Өзи сондай қой аўзынан шөп алмайтуғын  жуўас жигит еди. Бир күни жеңгесиниң қасына  келип: - Кише,  мени бир қыз бенен таныстырсаң-о,- депти. Жеңгеси: - Яқшы қәйним,-  дейди.         Бир күни жеңгеси  кәйнисине: - Дигирманханаға бар, сол жерде бир қыз бар, сол қыз бенен барып таныс, сөйлесип көр,- депти.         Жигит дигирманханага барыпты, барса қыз дигирман айдап  ун  шығарып атырған екен. Жигит қыз бенен сәлемлесипти.         Бирақ  айтатуғын басқа сөз табалмаған  соң  жигит қызға қарап, не қыларын   билмей: - Уныңды шашайын ба? -  депти ғо  бийшара жигит.         Мине  досларым  "уныңды шашайын ба" деген  сөз  соннан қалған екен...      Гүлбәҳәр Қарабаева.            Шымбай.  2026 ж.

📜Дүнья - сениң неше түрли пейлиң бар. Келсең күлип, кетсең жылар кейпиң бар. Бай, жарлыға еки бөлек ойының бар, Ойын ойнамағ
📜Дүнья - сениң неше түрли пейлиң бар. Келсең күлип, кетсең жылар кейпиң бар. Бай, жарлыға еки бөлек ойының бар, Ойын ойнамаға шебер дүньясаң. 📜Гей биреўдиң қорасына толасаң, Гей биреўге бахыт болып қонасаң, Биреўдиң маңлайын қыршып жонасаң, Бир тәртип көрмеген қара дүньясаң. ✍Аббаз Дабылов https://t.me/ibratli_sozler

"Басыңызды көтериң, оны бәлент тутың ҳәм күлимсирең, өйткени өмир гөззал нәрсе ҳәм сизде күлимсиреў ушын жүдә көп себеплер ба
"Басыңызды көтериң, оны бәлент тутың ҳәм күлимсирең, өйткени өмир гөззал нәрсе ҳәм сизде күлимсиреў ушын жүдә көп себеплер бар". https://t.me/ibratli_sozler

Ҳаялды ҳүрмет етиўиңиз, сизлердиң әззилигиңизди емес, бәлким ҳақыйқый ер азамат екениңизден дерек береди ҳүрметли ерлер! http
Ҳаялды ҳүрмет етиўиңиз, сизлердиң әззилигиңизди емес, бәлким ҳақыйқый ер азамат екениңизден дерек береди ҳүрметли ерлер! https://t.me/ibratli_sozler

#Даналық_сөзлер 📜Ҳәр нәрсениң де өзине жарасқандай қәдир-қымбаты бар. Ал, жақсылық қылмақшы болсаң, оны тезирек әмелге асыры
#Даналық_сөзлер 📜Ҳәр нәрсениң де өзине жарасқандай қәдир-қымбаты бар. Ал, жақсылық қылмақшы болсаң, оны тезирек әмелге асырыў керек. Халық даналығынан Бизди бақлап барыўда даўам етиң: https://t.me/ibratli_sozler

#Балалар ўақыты 📹 "Gúbelek" Qaraqalpaqsha multfilm https://t.me/ibratli_sozler

🦢 САРАТАН Нәзер салып әтирапқа қарасаң, Қыйнап жанды күйдирип тур саратан, Сыяқлы тап, дүнья тандыр ишинде, Лаплап тур ҳәўир
🦢 САРАТАН Нәзер салып әтирапқа қарасаң, Қыйнап жанды күйдирип тур саратан, Сыяқлы тап, дүнья тандыр ишинде, Лаплап тур ҳәўири лаўлап орасан. Қойсаң қумға толы қумған қайнаған, Төбеңде мыс қайнап мысал қыйнаған, Сағымланар көз ушы алаў ҳәўири, Тым - тырс... Көринбес ҳеш қуслар сайраған. Елп етпейди тереклердиң айдары, Қайда кетти ескен самал жайдары? Болды ма, бурында күйдирген алаў, Яки, келген елге ыссы қайдағы?! Өтпей қалған яңлы өмир зуўлаған, Жүрек қанасына сыймай туўлаған, Бир ашыўың бер, жалын Саратан арыў! Өшиңди алма- шы, жүрек суўлаған! ✍ Рано Сагидуллаева Хожели https://t.me/ibratli_sozler