cookie

We use cookies to improve your browsing experience. By clicking «Accept all», you agree to the use of cookies.

avatar

"Жаратылыс"

Шегинген кеўил сезимлери ой-қыял ҳәм реал дүнья шегарасында жан сақлайды. Ол шегинистен соң "Қубылыс"қа ушырайды. Қубылыўлар әсте ақырын жүз берип, "Жаратылыс" ты пайда етеди. Мазмун -"Жаратылыс" та! Айгүл Қосымбетова

Show more
Advertising posts
394
Subscribers
-124 hours
+107 days
+3730 days

Data loading in progress...

Subscriber growth rate

Data loading in progress...

Дыйдарың ғәниймет-нур енди! (Марҳум ажағам Нурполат БЕРДИЕВти соңғы сапарға атландырыўдағы дебдиў ) Қара жер қушағың кең бе еди: Баўырыңа басып бендени, Ҳадаллап мүсин денени, Не ушын саған жерледи? Жүрегим жердей жерленди. Атасына кетти баласы, Анасына кетти данасы, Қара жер қазылып, қум шашып, Изинде қалдық жыласып, Көз жасқа шөллеген бе едиң?! Анам деп Ана жерге кетти, Атам деп Ата журтқа қайтты, Кетпек ушын келгенин° Халық сыңсып, мақтап айтты- Мақтаўы ушын өлген бе едиң? Әкем деп бала бозлады, Туўғанның жүреги сызлады, Арналып сизге үй қазылады, Оң болсын айтылмас бул жерге, Асыққандай жақсы Ел ме(е)ди? Ақ бесик, ақ жөргек алынса, Мәс болып, журт күлип ас жейди. Тал бесик, ақ кепин алынды, Ал, бүгин бизлерди дәрт жейди. Дыйдарың ғәниймет-нур енди! * * * Қара жер , қәдирли Ана жер! Ҳәммеге бенделик пана жер! Көгирегиңди ойып улыңа, Жап-жаслай шақырмай тура тур. Тирилер қалмай баратыр... Ана жер, жап-жақсы жер ме едиң? Кеткенлер қайтып келмейди. Кетеримизди билсек те, Барғымыз ҳеш келмейди. ҚАБАҚЛЫ АТА қол былғап, Шақыра бермей тура тур!!! Дәртимиз сыймай баратыр. Айгүл Қосымбетова __ °М.Жуманазарованың қосық қатары @sheginisten
Show all...
#гитара @sheginisten
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
Базда мен өзимди жойтып қояман- Жыллар аппақ қағаз үстинде өтеди. Менлик дүнья тағы келер ме екен: Айлар жазғанымды сызып кетеди. Айгүл Қосымбетова @sheginisten
Show all...
#Мениң_Әкем_55_жаста #Қутлықлаў Әкежаным, Алдымызда аман болғайсыз... Сиз дуньдағы Ең жақсы әке бола алдыңыз. Қушағыңыз ақлық пенен шаўлыққа толып анам менен тең қартайғайсыз... Ашықпан, өзгеше бирақ, Сүйдим деп, айта алмаспан. Яқ, айралық, ашыў емес бул- Ашықпан, бурыннан. Балалығымнан: Туфлийдиң шаңын, таң азан, Тазалайман, жүзи көринсин. Ҳәр басқан қәдемлерине, Нур питсин! Қуяшлар питсин! "Кулгишим" авторын көрип, Балалық қуўаныш менде. Адымын санайман жүрип, Вагондай еремен, Таң азан, күнде. Қандай бул кәрамат, қандай! "Жигитим" әкемдей болса?! Әттең-ай, әттең, әттең! ертелеў туўылсам деймен... Ашықпан! Ертең, таң азан және: Телефон, наспай, гилт қәне? Жуўырып жортаман, Ҳәзир... Асықпаң, Әке! Бәрибир ертең де, күнде, Ашықпан- бир өмир, Әке... (12.05.2019) Айгүл Қосымбетова @sheginisten
Show all...
❤‍🔥 5👏 4🔥 1
Photo unavailableShow in Telegram
#БАХТЫЯР_ГЕНЖЕМУРАТОВ_65_ЖАСТА Бахтыяр Генжемуратов- Қарақалпақтың азамат шайырларының бири. Бүлбүл хошаметли сарайларда, шәмензарларда емес, кеңликлер шеткерисиндеги тикенли путалықлар арасында туўылады.Бундай бүлбүлди қәстерлеп сақлаўымыз керек! Абдулла Арипов Бүгин -"Шуҳрат" медалы ийеси, Өзбекстанға мийнети синген мәденият хизметкери, Устазым Бахтыяр аға Генжемуратов туўылған күн. 💐💐💐💐💐💐💐 Туўылған күниңиз қутлы болсын! Алдымызда саў болғайсыз, Устаз! @sheginisten
Show all...
00:30
Video unavailableShow in Telegram
Аңсайман, "тынышлық" саатларында, Қәлбим кемтиксиз қыяллар сүрсе. Сағынышсыз, ҳазарсыз ой океанында , Толқынлар ырғағы, самал қосығы, Мени өз көксине қушып, бир сүйсе: Суўлар қыдықлайды, "сыңқ" еткен күлки, Мусинин сыйпалап, шорп-шорп сүйеди. Оған сүйдирмеклик не деген заўық- Гирбиңсиз ойынлар пәк қыял менен, Ынтықпан, Саған... толқынға... Көк суў биледи. Айгүл Қосымбетова @sheginisten
Show all...
Photo unavailableShow in Telegram
01:06
Video unavailableShow in Telegram
#Ибрайым_Юсупов_95_жаста #торқалы_той_саўғасы Қарақалпақ фолъклористикасынан теориялық билимлерди берген Устазымыз ф.и.к. доцент Жеңис аға Низаматдинов: "Қарақалпақ әдебияттаныўы және оның әдебий тилиндеги илим ең дәслеп қандай көринисте қәлиплести?" деген сораўына 1-курс студентлери арасынан бирде бир студент (солар арасында мен) жуўап бере алмады. Соң өзи сабақты даўам еттирип, бизде биринши болып  фолъклорлық шығармаларды жыйнаў, ең әййемги жазбаларды топлаў иси қолға алынды. Дәслепки илимий жумыс сол болды. Оларды алдыңғы саўатлы, исине пуқта, жуўапкершиликли және сабырлы, пидәйы қарақалпақ илимпазлары халық арасынан атлы-ешекли  жыйнап  алды.  Мине, усы дәслепки илимпазлардың мийнети менен кейинги фундаменталь, нағыз илимий том, том китаплар, диссертациялар, монографиялар жарық көрди...-деп еди. Бул болса жанлы халық аўызеки тили, өнери, салт-дәстури, әдебияты ушын лазым еди. Мине, арадан жыллар өтип бүгинги XXI әсир--технология әсиринде де бундай мүтәжлик еле бар. Мысалы, шайырдың жанлы портрети, өз баянлаўы оның есселеринде, сәўбетлеринде анық көринеди. Ал, шайырдың илимийлик интелекти мақалаларында жәмленген болады. Тилекке қарсы ески баспа журналларын таўыў мүмкиншилиги аз ямаса жоқ. Ал, бүгин мен 2024-жыл май айының дәслепки күнинде жаңа баспадан шыққан китапты оқып бабамыз Ибрайым Юсуповты илимпаз сыпатында таный алдым. 1959-жылғы "Әмиўдәрья" журналында жәрияланған илимий диалектологиялық мақаласын, басқа да әдебий мақалаларын сақлап бүгинги күнге шекем жеткерген, үгитлеп, оны китап етиўди усыныс еткен шайыр Сағынбай Ибрагимовтан миннетдарман. Ал, барлық ески журнал, газета, тағы қолжазбаларды терип, топлап китап етип шығарған достым Алтынай Тилегеноваға алғысым көп. Зер қәдирин Зергер биледи. Әдебий мийрасларды асырап абайлаў бизиң парызымыз болса, кейинги әўладқа жеткерип бериў ийгиликли исимиз. Бул китапты әдейи, сен көшеге шыға алмасаң, бизлер үйиңе келе беремиз, -деп достым Алтынай, Бийбихадиша Жолдасбаева менен келип берип кетти. Қандай әжайып дослар...Барыңызға шүкир...Жаңа баспадан шыққан китаптың биринши оқыўшыларының бири болыў да сезине билген адамға Бахыт. Барлық әдебият шайдаларын китапты оқып көриўге шақырып қаламан. Арнайы мазмунын таслап қойдым. Айгүл Қосымбетова @sheginisten
Show all...
#Ибрайым_Юсупов_95_жаста #торқалы_той_саўғасы #Сөз_ҳәм_пикир @sheginisten
Show all...