"Жаратылыс"
Шегинген кеўил сезимлери ой-қыял ҳәм реал дүнья шегарасында жан сақлайды. Ол шегинистен соң "Қубылыс"қа ушырайды. Қубылыўлар әсте ақырын жүз берип, "Жаратылыс" ты пайда етеди. Мазмун -"Жаратылыс" та! Айгүл Қосымбетова
Ko'proq ko'rsatish376
Obunachilar
+124 soatlar
-37 kunlar
-430 kunlar
- Kanalning o'sishi
- Post qamrovi
- ER - jalb qilish nisbati
Ma'lumot yuklanmoqda...
Obunachilar o'sish tezligi
Ma'lumot yuklanmoqda...
Мениң менен шет тилинде ямаса илимий тилде емес, көркем әдебий тилде де емес, әпиўайы ғана жүрек тилинде, жүрегиңниң тилинде сәўбетлесиўиңди қәлеймен.
@sheginisten
Radjib-Atajanov_-_Muhabbatynnan.mp31.96 MB
Repost from Әдебий БлоGнот
Photo unavailableShow in Telegram
👶❤
Мүженем...мүженем...мазалы дәнем,
Миттай жүрегиңнен үйим жылыйды.
Сүйги сандығымнан шыққан ғәзийнем,
Ағаң жерге қоймай, орын излейди.
Айгүл ҚОСЫМБЕТОВА
@sheginisten
https://t.me/a_blognot
#1_июнь
#Анажаным_❤️
#Жаным_Анам_❤️
#Жәннетим_Анам_❤️
Биз мийримнен таралғанбыз,
Муҳаббаттан нәр алғанбыз,
Ышқы менен биняд болып-
Жүрек- Ана! Жүректен жаралғанбыз.
💌💌💌💌💌💌💌💌💌💌
@GulnaraBerdieva
Туўылған күниңиз қутлы болғай, Мама🥰. Дуньяға келтиргениңиз ушын рахмет. Әкем менен бирге узақ және мазмунлы өмир сүргейсиз... Мени сиздей ҳаялға перзент етип таңлаған Алладан миннетдарман❤️
@sheginisten
0ev47rnk1hivvbjk1ax9.m4a2.79 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Әдебият шайдалары, Сизди Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтыӊ «Сөз ҳәм пикир» атамасындағы эсселер, сәўбетлер, мақалалар топламы китабыныӊ презентациясының сыйлы мийманы болыўыңызға шақырамыз...
Байрам 2024-жыл 29-май күни саат 10:00де Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде
болып өтеди.
Мәнзил: Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси 1/1-жай.
@sheginisten
Repost from "Жаратылыс"
Photo unavailableShow in Telegram
Мени бир нәрсе өлтиреди:
Қыялый дунья-
Ертеңги ойлар.
Мени бир нәрсе тирилтеди:
Ертеңги дунья -
Қыялый ойлар.
Айгүл Қосымбетова
@sheginisten
Дыйдарың ғәниймет-нур енди!
(Марҳум ажағам Нурполат БЕРДИЕВти соңғы сапарға атландырыўдағы дебдиў )
Қара жер қушағың кең бе еди:
Баўырыңа басып бендени,
Ҳадаллап мүсин денени,
Не ушын саған жерледи?
Жүрегим жердей жерленди.
Атасына кетти баласы,
Анасына кетти данасы,
Қара жер қазылып, қум шашып,
Изинде қалдық жыласып,
Көз жасқа шөллеген бе едиң?!
Анам деп Ана жерге кетти,
Атам деп Ата журтқа қайтты,
Кетпек ушын келгенин°
Халық сыңсып, мақтап айтты-
Мақтаўы ушын өлген бе едиң?
Әкем деп бала бозлады,
Туўғанның жүреги сызлады,
Арналып сизге үй қазылады,
Оң болсын айтылмас бул жерге,
Асыққандай жақсы Ел ме(е)ди?
Ақ бесик, ақ жөргек алынса,
Мәс болып, журт күлип ас жейди.
Тал бесик, ақ кепин алынды,
Ал, бүгин бизлерди дәрт жейди.
Дыйдарың ғәниймет-нур енди!
* * *
Қара жер , қәдирли Ана жер!
Ҳәммеге бенделик пана жер!
Көгирегиңди ойып улыңа,
Жап-жаслай шақырмай тура тур.
Тирилер қалмай баратыр...
Ана жер, жап-жақсы жер ме едиң?
Кеткенлер қайтып келмейди.
Кетеримизди билсек те,
Барғымыз ҳеш келмейди.
ҚАБАҚЛЫ АТА қол былғап,
Шақыра бермей тура тур!!!
Дәртимиз сыймай баратыр.
Айгүл Қосымбетова
__
°М.Жуманазарованың қосық қатары
@sheginisten
Photo unavailableShow in Telegram
Базда мен өзимди жойтып қояман-
Жыллар аппақ қағаз үстинде өтеди.
Менлик дүнья тағы келер ме екен:
Айлар жазғанымды сызып кетеди.
Айгүл Қосымбетова
@sheginisten
#Мениң_Әкем_55_жаста
#Қутлықлаў
Әкежаным, Алдымызда аман болғайсыз... Сиз дуньдағы Ең жақсы әке бола алдыңыз.
Қушағыңыз ақлық пенен шаўлыққа толып анам менен тең қартайғайсыз...
Ашықпан, өзгеше бирақ,
Сүйдим деп, айта алмаспан.
Яқ, айралық, ашыў емес бул-
Ашықпан, бурыннан.
Балалығымнан:
Туфлийдиң шаңын, таң азан,
Тазалайман, жүзи көринсин.
Ҳәр басқан қәдемлерине,
Нур питсин!
Қуяшлар питсин!
"Кулгишим" авторын көрип,
Балалық қуўаныш менде.
Адымын санайман жүрип,
Вагондай еремен,
Таң азан, күнде.
Қандай бул кәрамат, қандай!
"Жигитим" әкемдей болса?!
Әттең-ай, әттең, әттең!
ертелеў туўылсам деймен...
Ашықпан!
Ертең, таң азан және:
Телефон, наспай, гилт қәне?
Жуўырып жортаман,
Ҳәзир...
Асықпаң, Әке!
Бәрибир ертең де, күнде,
Ашықпан-
бир өмир, Әке...
(12.05.2019)
Айгүл Қосымбетова
@sheginisten
❤🔥 5👏 4🔥 1