en
Feedback
"Жаратылыс"

"Жаратылыс"

Open in Telegram

Шегинген кеўил сезимлери ой-қыял ҳәм реал дүнья шегарасында жан сақлайды. Ол шегинистен соң "Қубылыс"қа ушырайды. Қубылыўлар әсте ақырын жүз берип, "Жаратылыс" ты пайда етеди. Мазмун -"Жаратылыс" та! Айгүл Қосымбетова

Show more
360
Subscribers
+124 hours
+77 days
+3230 days
Posts Archive
#Ортақ_пикир Бүгинги философиям: Өмирде бир инсанның басына өз дәрежесине, төзимине сай сынақ ҳәм сыйлық бериледи. Алланың сы
#Ортақ_пикир Бүгинги философиям: Өмирде бир инсанның басына өз дәрежесине, төзимине сай сынақ ҳәм сыйлық бериледи. Алланың сыйлығы жас йәки ўақыт таңламайды. Дәмегөй инсан баласы сыйлыққа тоймайды. Ҳәтте 100 жастағы ақсақалдың да әрманы бар. Ал, уллы жаратылыстан келетуғын сынақ жас ҳәм ўақытқа бағынышлы. Егер бизиң жасымыз 25-55 жас аралығында болса бизге берилген сынақларға тик турып жақсылыққа жойған мақул. Себеби адамның бойында үш нәрсе сол дәўирде қәлиплеседи: 1.Ақыл ҳәм билим (турмыслық, диний, дүньялық) 2.Денсаўлық ҳәм ғайрат 3. Материаллық дүньяның гилти-Пул. Бул күнлери өзиме қыйын жағдай болып көринген сынаққа шүкирлик етип, "Жас гезимде бер мийнет, қартайғанда бер дәўлет" деген сыяқлы кеўлимди көтерип қояман. Мени Алла та алла жақсы көрип ертеде сынақ бермеди, әйне өз ўақтында барлығын ретлеп берип атыр деген жақсы пикир, жақсы үмит пенен демек, "...Мен шырайлы сабыр қылсам керекти" деп қояман"°... Айгүл Қосымбетова ○Сағынбай Ибрагимовтың қатары @sheginisten

Сезгенлерим: Тәўекеллик, тәўекелшилик ҳаққында гәп болды. Тәўекел етиў керек. Адам ўақыттан утылмаў керек деп бир апа қасындағы апаға жол бойы айтып киятыр. Ишимде бул пикирге жуўап болды: Адам исеним болған жерде тәўекел етсе ғана иси жүриседи. Гүман менен яки ақылсызлық пенен тәўекел еттим деп суў кешиў де қәўипли. Қәпелимде ығып кетесең. Бәлким бул қәте шығар. Лекин өзим өтирик сөйлегенин билсем, яки сезимлерим гүман астында болса, орталығымда жалған сезимлерди сезсем, узақласаман... Урыссыз, үнсиз, ҳешқандай өкпелеўлерсиз...Өз разылығым менен. Бул мени өкиндирмейди. Себеби, узақтан барлық нәрсе сулыў көринеди. Адамның жаны сулыўлыққа қумар. Өзи де жаны да сулыў инсанлар көп. Излеймиз ... Олар менен сәўбетлесиў бахыт. Олар менен садалық, әпиўайылық бар. Алдаўдың не екенин билмейди. Тийкары сен сени түсинетуғын орталықта екенлигиң. Адамға Адам керек. Өзиндей, өзин түсиндиретуғындай. Сени таўып өзимди таптым дейтуғындай... Дослық, муҳаббат, неке, шаңарақ, ата-ана ҳәм перзент мүнәсибетлериниң барлығында исеним менен сыйласық, тәрбия менен ақыл сезимлеримизди пәклейтуғындай. @sheginisten

Тәғдирди Тәңрим жазды, таңлаўды өзиме берди: Уллы жазыўшыға исенгеним ушын, Өткенге өкинбеймен, жолларда шегинбеймен. Айгүл Қ
Тәғдирди Тәңрим жазды, таңлаўды өзиме берди: Уллы жазыўшыға исенгеним ушын, Өткенге өкинбеймен, жолларда шегинбеймен. Айгүл Қосымбетова @sheginisten

Илимпазға қарақалпақ тилин, әдебиятын дунья халықларына танытып атырғаны ушын халқымның атынан миннетдаршылық билдиремен. Айр
+3
Илимпазға қарақалпақ тилин, әдебиятын дунья халықларына танытып атырғаны ушын халқымның атынан миннетдаршылық билдиремен. Айрықша, Түркияның ҳаўасы сиңген китап ушын рахмет. Дийдар көрисиў несип еткей🙏 ____қызыққанлар ушын илимий мийнетлери ▶️▶️ Ceyhun Vedat Uygur - Google Scholar https://scholar.google.fr/citations?user=LW5-JrAAAAAJ&hl=nl берилген. @sheginisten

Үлкен-үлкен мәмлекетлерде де киши-киши қәтеликлер болып турады😄😄😄: Профессорлыққа жеткергей🙏😊❤️ Түрк илимпазлары, сондай
Үлкен-үлкен мәмлекетлерде де киши-киши қәтеликлер болып турады😄😄😄: Профессорлыққа жеткергей🙏😊❤️ Түрк илимпазлары, сондай-ақ, өзимизге жақын түркий тиллес халықлар тил билиминдеги илимпазлар менен, олардың мийнетлери менен таныстырған, үйрениўим керек болған тилдеги илимий жаңалықларды айтып илимге бағдарлап атырған Устазым Филология илимлери докторы, профессор Шәмшетдин Әбдиназимовтан шексиз миннетдарман. @sheginisten

Бул қыздың өзи де әжайып, таңлаған темасы да әжайып. Қарақалпақ поэзиясында Минайхан Жуманазарова менен Пәтийма Мырзабаеваның
Бул қыздың өзи де әжайып, таңлаған темасы да әжайып. Қарақалпақ поэзиясында Минайхан Жуманазарова менен Пәтийма Мырзабаеваның дөретпелери өткир, отлы суўретлеў арқалы күшли эмоционал-экспрессив тәсирди пайда етеди, инсанның нәзик сезимлерин оятып қандай да бир дуньяға киргизип қояды. Бул авторларды үйрениў, тереңнен анализлеў ең бахытлы инсанның шегине түскен несийбе. Қәдирлим, ақыл берип изине ертип жүретуғын ажапам Алиева Хурлиман «Ҳаял-қызлар поэзиясында лирикалық характердиң жаратылыў мәселеси (М.Жуманазарова ҳәм П.Мырзабаева дөретиўшилиги мысалында)» темасындағы 10.00.12 ‒ Қарақалпақ әдебияты қәнигелигинен филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын усынылған диссертация жумысының додалаў семинары қутлы болсын. Диссертация қорғаўын табыслы жақлап шыққайсыз... @sheginisten

#Лев_Толстой_менен_сырласыў Парасатлылық ҳәм адамгершилик ҳәрдайым сәйкес келеди. Лев Толстой @sheginisten
#Лев_Толстой_менен_сырласыў Парасатлылық ҳәм адамгершилик ҳәрдайым сәйкес келеди. Лев Толстой @sheginisten

Бугин сениң менен сөйлеским келди. Ибрайымдай болып: Және келдим... Кеўилим жаўынлатып қуйдырар селди, өзгелери түсинбес күлкимниң сырын. Жүректеги қәбириң дузға малынып буўлығып қысылар, жиби үзилмей, Безгендей денеден қояды шаншып- Шүкир...өзимнен өзгеге билинбей! "билинбей...билмейсең... билдиргим келмес" - Үнсизлик сеслери...музам боранлы, Уйтқытып сенликке ийтерип салар. Тамырымды саз етип қосықлар айтты, Қәбирге байланған вена-капиляр. Мен сондай қыялый әлем арқалы, Сезим суўретиңнен қушып турарман, Және жеккесиреп қәлбим қумында- Көзим қыймай, көзлеримди ашарман... Көз ушы- бейиште үпелек терип, Қуўаныш таўында ойнап күлемен... Таң атты. жүрекке айтаман әсте: Аз қалды, батырым Және келермен... Айгүл Қосымбетова @sheginisten

Қосық текстинде көркемлилик жоқ. Қара сөз бенен-ақ берилген. Бирақ, дурыс қатарлар... Биз қуўанышларға бөлениў ушын ақша табамыз... Өзимизди және өзгелерди қуўантып жүрейик😊. @sheginisten

Тыр жалаңаш қалдыр сезимлериңди- бунша пардозладың, бояндың, орай бердиң орамларыңа. Жасырасаң кимнен... кимнен қорқасаң?! Ким ушын туўылдың... өлимиң кимге? Шешиндир буўлыққан сезимлериңди! Сени сүймей қалар, унатпай қалар, Өзгелер кетеди, өзгерер ҳәр күн, Келмек ҳәм кетпектиң арасындамыз. Жекке, жалғызланып қалыўың мүмкин. Билсең...?! Өзгерислер заманындамыз! ...өзлигиң қалады...тек өзиң ушын. Кетпеклиги аян, жалғаншы ўақыт, Кел, оны өзиңе бойсындыр! Үзип тасла, жырт "кийим"лериңди. шыншырланған Прометей болып! Прометейдей бола аласаң ба?! Әззи "Денний"° үзген жиплерди Үзе алмайман деме, ийтлер күлежақ- "Тислериң"ди батыр, арқанларды шеш! Күшли едиң, атомларды жаратқан қолларың менен узын жипти кес! О әлем ҳәм бүл әлемди аңласаң, қар-аа-а, жоқарырақтанн! : дүнья сениң үстиңнен күледи, Сен жылайсаң... өзлигиң ушын, Өзлигиң жеңеди сени- орнатады сен ушын Мүсин! Мүсиниңе гүллер қойылып, Жазылады өзгеше қосық! Исенбесең, тексер, сынап көр, Нобель яңлы өтирикке өлип. Әўладларың не айтар саған? Қан сыяны алтын қылмасаң! Кел, тезирек желмая болып, қосықларды шешиндирейик! Қосықларың жалаңашлансын! ...өзлигиң қалады...тек өзиң ушын. °ийт исми (кинофильмнен) Айгүл Қосымбетова @sheginisten

#Кеўил_билдириў 2024-жылы 26-июнь күни Қарақалпақша Wikipedia (kaa.wikipedia.org) жойбарының бурынғы администраторы, қарақалпақ тили бойынша www.detection.uz сайты тийкаршысы, телеграмдағы t.me/@PNurlan_blog каналы жүритиўшиси, Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Алгоритмлестириў ҳәм бағдарламаластырыў технологиялары кафедрасының стажёр-оқытыўшысы, интернет дүньясында қарақалпақ тилин раўажландырыў ушын жаны ашыўшы халқымыз перзенти Нурлан Пиржанов 27 жасында мезгилсиз қайтыс болды. Бул ҳаққында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң рәсмий хабарлар телеграм каналы (t.me/www_karsu_uz) мәлимледи. Нурлан Қарақалпақша Wikipedia да 2022-жылы август айынан баслап искерлик көрсетип, сол ўақытқа шекем ески имлада қалып қойған жойбарды қайтадан ҳәрекетке келтириўге өзиниң салмақлы үлесин қосты. Ол тийкарынан жойбарды жергиликлестириў (сайт бетлериндеги жазыўларды қарақалпақшаластырыў) үстинде ислеп, тез арада администраторлық дәрежесине жетисти. Қосымша түрде 2024-жылы 16-май күни рәсмий түрде иске түскен Қарақалпақша Wikiasózlik (kaa.wiktionary.org) жойбарының толық версиясын ашыў бойынша сораўды да Wikimedia Фонды тил комитетине Нурлан жоллаған еди. Нурлан соңғы постында жақында иске түскен ҳәм рус, инглис тиллериндеги текстлерди өзбек тили менен бир қатарда қарақалпақ тилине де аўдарып бериўши www.tahrirchi.uz/translator сайты ҳаққында жазған болып, өзи де сол жойбардың қарақалпақша аўдармаларындағы қәте-кемшиликлерди сапластырыў бойынша арнаўлы мәсләҳәт телеграмм топарының ағзасы еди. Ол өз кәсибин жақсы көретуғын, пидәйи достымыз еди. Қарақалпақша Wikipedia жәмәәти марҳумның шаңарақ ағзалары ҳәм жақынларына сабыр тилеп, терең қайғы менен кеўил билдиреди. @sheginisten

Как мимолетное виденье... А любовь ещё быть может. А. ПУШКИН __ Бәлким, алдымыздан көп ышқымыздың ийелери өтти. Бирақ, Биз Муҳаббатты талап еттик, Муҳаббатты күттик. Уллы шайыр Пушкин сыяқлы. @sheginisten

🎧 Subhan Memmedzade - Saclarına Gul Duzum Beklemek zor, ama bir iyilik vardır. @sheginisten

Түслердиң түс екенине қуўанып, шүкирлик ете алыў да бир жақсылық. @sheginisten
Түслердиң түс екенине қуўанып, шүкирлик ете алыў да бир жақсылық. @sheginisten

Түслериме инәнаман мен... Терис түлки...емес, өзгеше- Ванга болып болжамасам да, Өз өмиримди алдынлаў уқтым. Болар ислер... б
Түслериме инәнаман мен... Терис түлки...емес, өзгеше- Ванга болып болжамасам да, Өз өмиримди алдынлаў уқтым. Болар ислер... болыўы анық, Тәңир инәм еткен түсимсең, Гейде саған итибарсыз болып, Жүрегимди талай сөткенмен... Билимсизлик, қайсарлық, көзсизликлер...- динсизликке жорыдым гәҳи... Қорқынышлар қәлбимди бийлеп, Түслеримнен босатса мени! Түс көрмеўге үйретиң, мени! Лекин, өмир сени сүйиуге- бул далаңлық гөззаллық, шадлық, ертеңимниң саясын берер- қолларымда периште бөбек... Ертегимнен гиялар өнер! Түслериме инәнып жүрип, Түслеримде ерте ержеттим. Айгүл Қосымбетова @sheginisten

Илтимас Саған дадым жетпес мениң, Ишқ геўдемнен кетпес мениң, Қой, дәртимди сөтпе мениң, Гүнайымнан өт, илтимас. Не болса да мум, гүзетдим, Қәтелеримди дүзеттим. Үмит етип қол узаттым, Қолларымнан тут, илтимас. Бул көшеден өтериң бар, Сен деп дәртти жутарым бар, Бул дүнядан күткениң бар, Мени де күт, бир илтимас. Ханымбийке, өзим тахтқа, Гүллеў нийет ҳәр дарақтқа, Дәртке жетпе, жетис бахтқа, Меннен алдын, бул-илтимас. Мейли, сарай, отаў тиктир, Бирақ, ышқысыз обал жаным. Мени қалдыр, Аллам менен Ортамыздан кет... Илтимас! Гүлжамал Асқарова Қарақалпақшалаған: Айгүл Қосымбетова @sheginisten

Күй сен! Өртенип күй! Күл болғанша күй! – Пысқып жанған шалаң нала келтирер! Сүйсең – Сүйгенди сүй, Күл болғанша сүй! – Шала ашықлық-ҳәм шала өлтирер!.. Шаўдырбай Сейитов ______ Шын ашығым болсаң, егер де, Жыллар сени сындыра алмас, Жоллар сени сөндире алмас, Ашықлықтың жолы бир Алмаз! Айгүл Қосымбетова @sheginisten

Методиканы үйрениў, үйренгенде де жақсы методистлер менен бирге ислесиў мениң тәғдириме жазылғанынан миннетдарман. Анам өмири
+1
Методиканы үйрениў, үйренгенде де жақсы методистлер менен бирге ислесиў мениң тәғдириме жазылғанынан миннетдарман. Анам өмиримдеги Ең жақсы устазым. "Әдебиятты оқытыў методикасы" қолланбасы 30-май сәнесинде Қарақалпақстан көлеминде, 6-июнь күни Өзбекстан көлеминде ен жайдырылсын деп табылды. Бизге тилеклес болған бәршеге, айрықша анамның мийнетин баҳалаған Төрешилерге миннетдаршылық билдиремен... Айгүл Қосымбетова @sheginisten

📚📚📚 Это праздник каракалпакского народа. Пусть наша литература процветает! В Москве прошла презентация книги «Антология каракалпакской поэзии». В посольстве Узбекистана в России собрались около сотни гостей, среди них поэты, востоковеды, академики, представители диаспоры и общественные деятели, передает корреспондент телеканала «МИР 24» Ольга Хасид. Самобытная культура, традиции и истории – этим славится республика Каракалпакия, которая входит в состав Узбекистана. Былины и сказания этого народа из уст в уста передавались несколько веков подряд. Теперь они обрели бумажную форму. В первый том «Антологии каракалпакской поэзии» вошло около 50 произведений. Это народные песни, колыбельные и эпические поэмы XIX века. Некоторые переведены на русский язык впервые. ➡️➡️➡️ https://mir24.tv/index.php/news/16593310/knigu-stihov-poetov-karakalpakii-prezentovali-v-moskve @sheginisten