cookie

نحن نستخدم ملفات تعريف الارتباط لتحسين تجربة التصفح الخاصة بك. بالنقر على "قبول الكل"، أنت توافق على استخدام ملفات تعريف الارتباط.

avatar

"Жаратылыс"

Шегинген кеўил сезимлери ой-қыял ҳәм реал дүнья шегарасында жан сақлайды. Ол шегинистен соң "Қубылыс"қа ушырайды. Қубылыўлар әсте ақырын жүз берип, "Жаратылыс" ты пайда етеди. Мазмун -"Жаратылыс" та! Айгүл Қосымбетова

إظهار المزيد
مشاركات الإعلانات
376
المشتركون
لا توجد بيانات24 ساعات
لا توجد بيانات7 أيام
-730 أيام

جاري تحميل البيانات...

معدل نمو المشترك

جاري تحميل البيانات...

📚📚📚 Это праздник каракалпакского народа. Пусть наша литература процветает! В Москве прошла презентация книги «Антология каракалпакской поэзии». В посольстве Узбекистана в России собрались около сотни гостей, среди них поэты, востоковеды, академики, представители диаспоры и общественные деятели, передает корреспондент телеканала «МИР 24» Ольга Хасид. Самобытная культура, традиции и истории – этим славится республика Каракалпакия, которая входит в состав Узбекистана. Былины и сказания этого народа из уст в уста передавались несколько веков подряд. Теперь они обрели бумажную форму. В первый том «Антологии каракалпакской поэзии» вошло около 50 произведений. Это народные песни, колыбельные и эпические поэмы XIX века. Некоторые переведены на русский язык впервые. ➡️➡️➡️ https://mir24.tv/index.php/news/16593310/knigu-stihov-poetov-karakalpakii-prezentovali-v-moskve @sheginisten
إظهار الكل...
00:18
Video unavailableShow in Telegram
#өзине_жибериң "Билим барлық түйинлерге шешим болады. Шаңарақтың да уллы нызамлары, жасырын теориялары бар"😊 _____ Сүйиклим, мен барлық ис-ҳәрекетлеримди шын жүрегимнен ислеймен. Сол себепли айтқан сөзлериң қулағыма емес жүрегиме барады. Егер, бир нәрселер унамаса ҳәрекетлер менен билдир. Мысалы, писирген аўқатыма берген сының усы видеодағыдай болса барлығы гүләлә-гүл болады😄 @sheginisten
إظهار الكل...
1.57 MB
❗️Изшил (qq) ≠ Изчил (uz) 📌 Өзбек тилиндеги «изчил» сөзи фонетикалық өзгешелик пенен, солайынша «изшил» деп қолланылып жүр. Өзбек тилинде «изчил» сөзи «үзликсиз байланыста», «бир бағытта», «турақлы» ҳ.т.б. усы сияқлы мәнилерде келсе, қарақалпақ тилинде «изшил» сөзи «из тапқыш», «из қуўып билгиш» мәнилерин аңлатады. 〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️〰️ ❗️Саўшылық (qq) ≠ Совчилик (uz) 📌 Бул сөзлерде де жоқарыдағыдай жағдайда. Ҳәзирде көпшилик жаслар "саўшылық" десе өзбек тилиндеги "совчилик"ти түсинеди. ❗️Өзбек тилиниң түсиндирме сөзлигине қарағанда, совчилик, қиз кўриш ва қиз томон розилигини сўраш мақсадида бировнинг хонадонига бориш; совчи бўлиш (қыз көриў ҳәм кыз тәрептиң келисимин алыў мақсетинде биреўдиң үйине барыў; жаўшы болыў) ✔️ Негизи, саўшылық сөзиниң мәниси, ❗️ Саўшылық (келбетлик). Аманшылық, тиришилик, дени саўшылық. Қысынба, жеңге, саўшылық болса тамақ қайда барар дейсең (Ө.Хожаниязов). ✔️ Ал, өзбек тилиндеги "совчилик" мәнисинде келиўши қарақалпақ тилинде сөзлер мыналар: 🔸қуда түсиўшилик; 🔸айттырыўшылық; 🔸жаўшылық. 📌 Жаўшылық (атлық) 1. Қыз айттырып қуда түсиўшилик. Мәспатша Қарғабай суўпыны Айпаршаға жаўшылыққа жумсайды ("Мәспатша"). 2. Келистириўшилик яки урыстырыўшылық. Усыдан келип шығып айтқанда, қыз айттырып қуда түсиўге жиберилген адам; яки еки елди еки адамды келистириў ямаса урыстырыў ушын қойылған адам жаўшы болады.
...урыс жоғалса, туўған жер жоғалады; туўған жер жоғалса, тил жоғалады; тил жоғалса, мәденият жоғалады; мәденият жоғалса, миллет жоғалады. (c)Шыңғысхан
Ана тилине немқурайды қараў – өз халқының өткенине, бүгинине, келешегине немқурайды қараў деген сөз. (c)К.Паустовский
P.S. Туўры, "не болыпты, бир ҳәрип-қо", дейтуғынлар да жоқ емес: Саўшылық - Жаўшылық 〰〰〰〰〰〰〰〰〰〰〰 🔰 Инкар ≠ Инкор 🗃 Өзбек тилиндеги «инкор» сөзи фонетикалық өзгешелик пенен, солайынша «инкар» деп қолланылып жүр. Өзбек тилинде «инкор» сөзи «өтирикке шығарыў», «бийкарлаў», «мойынға алмаў», «мойынламаў» ҳ.т.б. усы сияқлы мәнилерде келсе, қарақалпақ тилинде «инкар» сөзи төмендеги мәнилерди аңлатады: ❗️Инкар — қуштар, ҳәўес, ынтық. Сонда да мен инкар болып өзиңе, Саўлатыңды сағынаман аҳыўзар (Ш.Мәмбетмуратов). Узақ жасап аяқ үстине миниўге инкар болып жатыр (А.Бекимбетов). Басқан изиме де инкар етемен, Ҳадал болыў керек яр сүйиў ушын (И.Юсупов). 📌 Ал, енди сөзиңизде өзбек тилинде «инкор» мәнисин айтажақ болсаңыз «өтирикке шығарыў», «бийкарлаў», «мойынға алмаў», «мойынламаў» сөзлеринен пайдаланың. 👉 https://t.me/miraddinmiriad/304 📍Дерек: Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги. 2-том. Г—К. Нөкис. «Қарақалпақстан», 1984, 272-бет. #Túsindirme_sózlik  #Parqı_bar
إظهار الكل...
"RADIO TÁNEPIS"
Men baxıtlıman, qayǵırma, Ana!
Nókis-fm radiosında "Móldir tamshılar" rubrikası Baslawshı: Minara Qalbaeva Kanalǵa aǵza bolıw:👇 t.me/Moldir_tamshilar 💦
إظهار الكل...
MÓLDIR TAMSHÍLAR.mp32.22 MB
🎧 Ах, какая Женщина! Фристайл 2014-жыл ҚМУ қасындағы лицейде рус тили сабағында лектор оқытыўшымыздың темаға байланыслы айтқан гәпи: "Ҳаял адам өтирикти кеширеди.Кешире алатуғын күш берилген.Сол күштен ақылға сай қоллансын. Қыз бала жалғанды кеширмейди. Кеширмеўи де керек!!!" @sheginisten
إظهار الكل...
audio3.37 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Жалғанларға төзимимди сынап, Өтирик өмир сүргим келмеди. Жалған сәўги, жалған муҳаббат-- Тилемедим, тәғдириме Сени! Айгүл Қосымбетова @sheginisten
إظهار الكل...
Мениң менен шет тилинде ямаса илимий тилде емес, көркем әдебий тилде де емес, әпиўайы ғана жүрек тилинде, жүрегиңниң тилинде сәўбетлесиўиңди қәлеймен. @sheginisten
إظهار الكل...
Radjib-Atajanov_-_Muhabbatynnan.mp31.96 MB
Photo unavailableShow in Telegram
👶❤ Мүженем...мүженем...мазалы дәнем, Миттай жүрегиңнен үйим жылыйды. Сүйги сандығымнан шыққан ғәзийнем, Ағаң  жерге қоймай, орын излейди. Айгүл ҚОСЫМБЕТОВА @sheginisten https://t.me/a_blognot
إظهار الكل...
#1_июнь #Анажаным_❤️ #Жаным_Анам_❤️ #Жәннетим_Анам_❤️ Биз мийримнен таралғанбыз, Муҳаббаттан нәр алғанбыз, Ышқы менен биняд болып- Жүрек- Ана! Жүректен жаралғанбыз. 💌💌💌💌💌💌💌💌💌💌 @GulnaraBerdieva Туўылған күниңиз қутлы болғай, Мама🥰. Дуньяға келтиргениңиз ушын рахмет. Әкем менен бирге узақ және мазмунлы өмир сүргейсиз... Мени сиздей ҳаялға перзент етип таңлаған Алладан миннетдарман❤️ @sheginisten
إظهار الكل...
0ev47rnk1hivvbjk1ax9.m4a2.79 MB
Photo unavailableShow in Telegram
Әдебият шайдалары, Сизди Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтыӊ «Сөз ҳәм пикир» атамасындағы эсселер, сәўбетлер, мақалалар топламы китабыныӊ презентациясының сыйлы мийманы болыўыңызға шақырамыз... Байрам 2024-жыл 29-май күни саат 10:00де Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде болып өтеди. Мәнзил: Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси 1/1-жай. @sheginisten
إظهار الكل...