#ДАНЫШПАНЛАР
Ҳәзирети Султан Яссаўийдиң дүньядан өтиўи.
Қарабура әўлийениң тарийхы
Ҳәзирети Султан тири гезинде Ақ Түркиниң пири деген атаққа ийе болған. Пүткил түрки халқы, ел басқарып отырған хан-султанлар оны уллы устаз деп ҳүрмет еткен. Ҳәзирет Султанның үйи руўҳый орталық ҳәм зиярат орнына айналған еди. Селжуқ ҳәм Қарахан бийлеўшилери бәрҳа әўлийе баба менен мәсләҳәтлесип турған. Сырдарья ҳәм Әмиўдарья бойын мәкан еткен оғыз тайпаларының басшылары да ҳәзиретке сәлем берип, тез-тез келип турған.
Селжуқ бийлеўшиси Санжар ҳәм Қарахан бийлеўшиси Арыслан қаған ҳәзирет Султанға келерде, устазға деген ҳүрметин көрсетип, Түркистанның төбеси көрингеннен баслап аттан түсип, жаяўлап келеди екен. Түркистан қақпасынан кирген соң жуўынып, тазаланып, тәҳәрет жаңалап келеди. «Биз султанбыз» деп көкирегин кермей, өзин хан екенлигин жар салып айтпай, медресениң табалдырығын әдеп пенен атлайтуғын. Ҳәзирети Султан оларды илтипат менен қарсы алады. Ол хан-султанлардың ийилип тәзим еткенин хош көрмеген. «Ел басшысы ийилсе, душпанға таба болады» деп айтар екен. Сол себепли өзи қарсы шығып, ҳүрмет көрсеткен.
Қарахан бийлеўшиси Ахмед Арыслан Ҳәзирети Султанның қайын атасы еди. Яссаўий оның Айша деген қызын алған.
Ол заманда Қарахан қағанларында еки титул болған екен. Үлкен ханға Арыслан, киши ханға Боғра (Бура) деп атаған. Арыслан хан дүньядан өткен соң, оның орнына Ибраҳим деген баласы тахтқа отырады. Ол Яссаўийден он жас киши екен. Устаздан сабақ алып, тәлим-тәрбия үйренеди. Халық оны атақ-тегине қарай «Бура» деп атап кеткен.
Кейин илимге қанығып, жүрек көзи ашылған соң, Яссаўий оның атына «Қара» сөзин қосып, Қарабура деп атаған. «Қара» сөзи ески түрки тилинде «кийели» деген мағананы билдириўи айтылады. Түрки журтында «қарашаңарақ», «Қаратаў» деген атамалар да соннан шыққан.
Қарабура медреседе жүргенде, төре туқымы болса да, ақ түйесине минип, медресеге отын тасыған. Таң сәҳәрден бәринен бурын турып, от жағып, тәҳәрет суўын жылытып қояўды әдетке айландырған екен. Бул әдетин бир мәртеде қоймаған.
Бир күни Яссауий таң сәҳәрде тәҳәрет алыўға шықса, Қарабура әдеттегидей сексеўилди жағып, суўын жылытып отыр екен. Устазын көрип, әдеп пенен сәлем берип, қуманын усынады. Сол гезде Яссаўий шәкиртиниң хызметине ыраза болып, мейири оянады.
— Қарабурам, — деп маңлайынан сыйпап, биринши мәрте исимине «қара» сөзин қосады.
— Хызметиңе разыман. Ханның улы болсаң да еринбей, қарашадай хызмет қылдың. Не тилегиң бар? Тәңириден дуўа қылайын, — дейди.
Қарабура:
— Сизге өлгенше хызмет қылып өтсем, басқа әрманым жоқ, — дейди.
Кейин әкеси дүниядан өткен соң, Қарабураны Қарахан елиниң хан ордасына тахт мийхоры деп алдыртады. Қарабура барғысы келмейди. Сонда Яссаўий:
— Елге еткен хызмет маған қылған ҳүрметтен де жоқары. Халық — Қудайдың бир аты. Олар да әдил басшыға мүтәж. Пайғамбарлар да ел басқарған. Әдиллик пенен ел басқарыў — сүннет, — деп ханлыққа көндиреди.
Қарабура устазын қыймай хошласады.
Кетеринде Қарабура былай деди:
— Я, уллы устазым! Сизге шексиз миннетдарман. Кәпир нәпсимди әбден тәрбиялап, геўдеме жан бағышлап орнаттыңыз. Ҳикмет илимин қанша меңгерсем де, қумарым ҳеш тоймайды. Өмир бойы қасыңызда болып, зикир айтып, хызметиңизди қылып жүриўге тайынман. Бирақ сизиң буйрығыңыз биз ушын заң. Көўлимде сиз онсыз да мәңгиге орнықтыңыз. Сонда да көзим менен көрип, еске салып жүретуғын бир буйымтай сорап алайын. Соған руҳсат етсеңиз, — дейди.
Яссаўий:
— Балам, қысылма. Не тилейсең? Буйымтайың не? — деди.
Қарабура:
— Қолыңыз тийген мына гүмис қуманды тилеймен. Намазға тәҳәрет алған сайын өзимди қасыңызда жүргендей сезинейин, — деди.
— Болсын! — деди устазы.
Арадан узақ жыллар өтти. Хожа Ахмет он мыңлаган шәкирт тәрбиялады. Уллы дала көкирек көзи ашылған дәрўишлер менен руўҳый қулпырып турды. Дийдар тилеген шәкиртлер шартәрепке тарады. Гейбиреўлери шетки аймақларға кетип, сол жақларда илим шырағын жақты.
Бирақ әмел нешик… Өлим — хақ! Тири жанға бир өлим келери анық. Ҳәзирети Султанның да ақырғы деми таўсылып, бақыйға атланар ўақты таяды. Устаз төсек тартып жетип келди. Шәкиртлери ырзаласыў ушын тегис жыйналды...
Даўамы бар...