fa
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

رفتن به کانال در Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

نمایش بیشتر

📈 تحلیل کانال تلگرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

کانال ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) در بخش زبانی قزاقی بازیگری فعال است. در حال حاضر جامعه شامل 18 778 مشترک است و جایگاه 4 321 را در دسته دین و مذهبی و رتبه 448 را در منطقه كازاخستان دارد.

📊 شاخص‌های مخاطب و پویایی

از زمان ایجاد در невідомо، پروژه رشد سریعی داشته و 18 778 مشترک جذب کرده است.

بر اساس آخرین داده‌ها در تاریخ 13 ژوئیه, 2026، کانال فعالیت پایداری دارد. در ۳۰ روز گذشته تغییر اعضا برابر -229 و در ۲۴ ساعت گذشته برابر -1 بوده و همچنان دسترسی گسترده‌ای حفظ شده است.

  • وضعیت تأیید: تأیید نشده
  • نرخ تعامل (ER): میانگین تعامل مخاطب 28.34% است و در ۲۴ ساعت نخست پس از انتشار، محتوا معمولاً 20.06% واکنش نسبت به کل مشترکان کسب می‌کند.
  • دسترسی پست‌ها: هر پست به طور میانگین 5 323 بازدید دریافت می‌کند. در اولین روز معمولاً 3 769 بازدید جمع‌آوری می‌شود.
  • واکنش‌ها و تعامل: مخاطبان به‌طور فعال حمایت می‌کنند؛ میانگین واکنش به هر پست 45 است.

📝 توضیح و سیاست محتوایی

نویسنده این فضا را محل بیان دیدگاه‌های شخصی توصیف می‌کند:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

به لطف به‌روزرسانی‌های پرتکرار (آخرین داده در تاریخ 14 ژوئیه, 2026)، کانال همواره به‌روز و دارای دسترسی بالاست. تحلیل‌ها نشان می‌دهد مخاطبان به‌طور فعال با محتوا تعامل دارند و آن را به نقطه اثرگذاری مهم در دسته دین و مذهبی تبدیل کرده‌اند.

18 778
مشترکین
-124 ساعت
-287 روز
-22930 روز
آرشیو پست ها
#Рәўият ТАСБАҚАНЫ ӨЛТИРМЕ. Ийса пайғамбардың анасы Бийбимәрьям Аллаға қулшылық етип, таў үңгиринде отырады. Ҳеш нәрсе жемейди
#Рәўият ТАСБАҚАНЫ ӨЛТИРМЕ. Ийса пайғамбардың анасы Бийбимәрьям Аллаға қулшылық етип, таў үңгиринде отырады. Ҳеш нәрсе жемейди, суў ишпейди. Тек ғана жалғыз бир шөпти тислеп, соның нәрин сорып жата береди. Мәрьямның тақўалығына разы болған Аллатаала шөптиң бойына қунарлы азық пенен пал татыған суў ендиреди. Мың дәрттиң шыпасын береди. Мәрям суўық үңгирде жатса да аўырмайды. Соңынан ол шөп "Мәрьям шөби" деп аталып кетипти. Ол сондай қәсийетли шөпке айланып барлық адамларға да көрине бермейди екен. Оның қәсийетин билген тасбақа аўзына тислеп алып, узақ күнлик жолларды шаршамай басып өтеди екен. Және қарныда аш болмайды, шөл далада да суўсыны қанып жүреди екен. Тасбақаның узақ жасайтуғын сыры да усы шөптиң қәсийетинде екен. Пайғамбар анасына жәрдемлескени ушын бизиң бабаларымыз оны наҳақтан өлтириўге тыйым салған. Тасбақаға тийме, Мәрьям анамыздың наласы урады деп исенген. https://t.me/ibratli_sozler

Мəдияр Бекполатов Қашан айтаман 👉 https://t.me/ibratli_sozler

❄️❄️❄️ Ассалаўма алейкум бәршеге! Қайырлы таң! Тиришиликтиң және бир күни басланбақта. Таңды жақсы сөзлер менен басласақ, күн
❄️❄️❄️ Ассалаўма алейкум бәршеге!      Қайырлы таң! Тиришиликтиң және бир күни басланбақта. Таңды жақсы сөзлер менен басласақ, күн даўамында кейпиятымыз көтерилип жүреди. Өйткени жақсы сөзлер, ҳақыйқый дуўалар, шын кеўилден айтылған тилеклер, айыпсыз көз жаслар, мүсийбет ўақтында сораған жыллы жүреклер оған умтылады. Кеўилге жақын, әзиз инсанларым!   Өмиримиздиң және бир қайталанбас күни және бир мәрте мүбәрек болсын! Аманат дүньяда аман болайық! Аллатаала ҳәр бир ислеп атырған қайырлы исиңизден басқан ҳәр бир қәдемиңизден разы болсын!      Ҳадал тапқаныңыз тек қуўанышқа, жақсылыққа буйырсын! Шемби күниңиз кеўилли өтсин ! https://t.me/ibratli_sozler

Тағы бир күнимиз өз жуумағына жетип, өмир дəптеримиздиң жəне бир бети толды, ертеңги күнимиз бүгинимизден де жақсы болыуына тилеклеспен!! Қайырлы түн әзизлерим! Ерте таңда көрискенше саў саламат болғайсызлар!🙏💐 https://t.me/ibratli_sozler

"ШӘДДЕС" Сөзиниң мәниси қандай? #Түсиндирме_сөзликтен
Anonymous voting

"ШАҒЫР" Сөзиниң мәниси қандай? #Түсиндирме_сөзликтен
Anonymous voting

#Түсиндирме_сөзлик "ШУҒЫЛ" Сөзиниң мәниси қандай?
Anonymous voting

Жекеннен тоқылатуғын, балық салынатуғын ыдыс-?
Anonymous voting

Мархум Замира Хожаназарованың лирикалық қосықларынан https://t.me/ibratli_sozler

#Даналық Бурынғыдан сөз қалмаған... 📒Үш нәрсе дослықты беккемлейди: дослардың бир-биринен хабар алып турыўлары, ҳақ нийетли
#Даналық Бурынғыдан сөз қалмаған... 📒Үш нәрсе дослықты беккемлейди: дослардың бир-биринен хабар алып турыўлары, ҳақ нийетли сәўбетлесиўлери, биргеликте сейилге шығыўлары. 📒Мал-дүняның көплиги байлық емес, кеўил тоқлығы байлықдур. ✍Халық даналығынан https://t.me/ibratli_sozler

ШӨГИРМЕ (Халық шайыры Аббаз Дабыловқа) Турмысымыз таза болған соң енди, Кийимлер де көшкен жаңаша түрге... Айтсам сен туўралы еситкенимди, Бабалардың бас кийими шөгирме. Бир атың телпекдур, бир атың қураш, Заманында кийим болғаның ырас. Түрли баслар менен сен болып сырлас, Талай асыўларды астың шөгирме. Әўел пайда болдың кимниң басында, Арал теңиз,  Днепр - Жайық қасында? Он әсирлик рус жылнамасында Қуўандым атыңды оқып шөгирме. Бабам пана излеп Россиядан, Петербургқа жол тартқанда қыядан, Ҳүрмет көрип Мәскеў, Макариядан, Көп жерлерди аралаған шөгирме. Ҳәмел ушын Айдос арын сатқанда, Бегис, Мыржық қаны саған қатқан ба? Ерназарды жаў арқадан атқанда Сен қанға боялып жаттың шөгирме. Әреби, шийразы байларда болды, Сени кийип олар тойларда болды. Мурны аспанда, кеўли айларда болды, Дәўири шым - шытырық болған шөгирме. Күниң бар ма жазда күйе түспеген? Өрде турсаң ығыңнан жел еспеген. Өттиң талай телпек дирилдеспеден, Басыңа көп ғаўға түскен шөгирме. Алдыңнан қарасам артың аўықтай, Қапталдан қарасам түриң ғаўықтай, Қыста сәўирлеген түйетаўықтай Самал қақса ҳәңкийесең шөгирме. Қара үйге кирсе ким сени кийип,  Келдиң ергенекке сен зорға сыйып. Пүтин тери зая болмасын дийип, Бабам байғус үйе салған шөгирме... Еркин қанат қақты азатлық қусы, Кетти өмиримиздиң қәҳәрли қысы, Ҳәр заманның өз кийим, өз модасы, «Жаңа турмыс өссин» дедиң шѳгирме. Гедейлик қысмети көп түсип басқа, Қолым тиймеди деп ҳеш қолаң шашқа, Телпек киймедим деп бир шалқып жаста, Аббаз шайыр әрман еткен шөгирме.                   И. Юсупов.     Январь, 1959-жыл https://t.me/ibratli_sozler

Адам жеген нəрсеси емес, сиңирген нəрсеси есабына жасайды. Бул гəп хəм денеге, хəм ақылға тийисли. ✍Бенжамин Франклин https:/
Адам жеген нəрсеси емес, сиңирген нəрсеси есабына жасайды. Бул гəп хəм денеге, хəм ақылға тийисли. ✍Бенжамин Франклин https://t.me/ibratli_sozler

ТАҢДА ТУРҒАНДА БЕРЕКЕТ БАР Маўлана Жалалиддин Румий ҳәзиретлеринен сорады: - Неге қойлар турақлы жеў ҳәм қурбанлық мақсетинде сойылыўына қарамастан нәсили қурып кетпейди? Керисинше көбейгени көбейген. Ал, қойлар жылына бир ямаса еки мәрте биреўден, гейде екеўден туўады. Бирақ, ийтлер сойылмаса да, бирден он балаласа да көбеймейди. Қойлар сыяқлы үйир болып кетпейди? Маўлана жуўап берди: - Таңға жақын ўақыт ең берекетли ўақыт. Бул ўақытта қойлар ҳеш уйқыламайды. Бәрқулла ояў болады. Ийтлер болса түни менен гезип, дәл усы ўақытта уйқылап қалып, ғапылда болады. Қойлар таң берекетинен пайдаланады. Ийтлер болса бул берекеттен қуры қалады. Соның ушын қойлар көбейгени көбейген. Демек, ырысқыңыз кең болыўын қәлесеңиз, таңда ояў болың. https://t.me/ibratli_sozler

Айымхан Шамуратова "Думаны болар " https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАРЫМ ! ❄️ Бүгинги таң мүбəрек болсын ! Аппақ таң арқалы атып атырған бүгинги теберик күниңиз сизле
АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАРЫМ ! ❄️ Бүгинги таң мүбəрек болсын ! Аппақ таң арқалы атып атырған бүгинги теберик күниңиз сизлерге узақ өмир , зор ден -саулық , тынышлық , аманлық , бахыт хəм əумет алып келсин ! ❄️ Адам адамға ғəниймет , өмир хəммеге аманат .Усы аманат өмирди мазмунлы, əуметли , қызықлы , узақ -узақ жыллар жасау хəммемизге несип етсин ! Күн дауамында бəршеңиз Алла Тааланың қоллауында болың ! ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ https://t.me/ibratli_sozler

Тағы бир күнимиз өз жуумағына жетти... Бүгин кимгедур жақсылық ислеген шығарсыз. Кимниңдур дəртине мəлхəм болған шығарсыз. Хе
Тағы бир күнимиз өз жуумағына жетти... Бүгин кимгедур жақсылық ислеген шығарсыз. Кимниңдур дəртине мəлхəм болған шығарсыз. Хеш болмағанда кимгедур мыйық тартып қарап кеулине жылыулық берген шығарсыз... Солай болса... Сиз ең жақсы инсансыз хəм мудамы сондай болып қалың ! Түнниң тынышлығын, жанның аманлығын берсин ! Таңда бəршеңиз бенен аман-сау ғайыбана дийдарласыуды несип еттирсин қəдирлим ! https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Қусты сейислеп аңға үйретиуши-?
Anonymous voting

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... - آمار و تحلیل کانال تلگرام @ibratli_sozler