ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 786 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 322,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 448

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 786 名订阅者。

根据 12 七月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -259,过去 24 小时变化为 1,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 28.31%。内容发布后 24 小时内通常能获得 19.91% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 5 319 次浏览,首日通常累积 3 741 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 45

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 13 七月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 786
订阅者
+124 小时
-307
-25930
帖子存档
#Сайрам шәҳәриниң аңызы 📜 (Түркистан әтирапы, Яссаўий туўыл мәкан) Адам атаның Ағнуқ деген ақлығы болыпты. Илим-билимди жер бетинде ең биринши меңгерген сол екен дейди. Қаншама қәўимниң жүрек көзин ашқан. Журт оны Идирис деп атаған. Идирис – «муғаллим» деген мағынаны билдиреди екен. Ел аралап илим тарататуғын дәрўишлик сол Идиристен қалған. Бир күни олар аралап жүрип, қумлы майдан далаға тоқтайды. Түнде Жәбирайыл баслаған бир топар периштелер келеди. Олар Тәңирди еске алып, уллы даланы нурға бөлеп, зикир айтып отырған екен. Идирис те қосылады. Зикир тамамланып, пәтия береледи. Идирис: – Әй, достым Жәбирайыл, бул жерге қайдан келдиң? – деди. – Әлем жаратылып, суў аққалы бул мәканға келип зикир айтып, қулшылық қыламыз, – деди. – Қулшылыққа сонша қумар қылатуғын бул жердиң қандай қәсийети бар? – Бул жерди Тәңир әлеминде «Мәдина әл-Байза» ямаса Бозқала деп атайды. Бул жерде Адам ата намаз оқыған. Тилеги қабыл болған, қут дарыған кийели жерлердиң бири. Сайрамнан Қудайды сүйген дослары көп шыққан. Бул жерде жетпис рет оқылған намаз жетпис жыллық қулшылыққа тең. Тәңирди шын талап еткен ҳақ ашықлардиң мәканы.  Түркиниң пири – Ҳәзирети Султан да усы мәканда дүнья есигин ашқан, – деди Жәбирайыл. Ҳәзирети Султанның атын еситкенде Идирис таң қалды. – Тәңир сүйетуғындай оның қандай қылығы бар? – деп сорады. – Айрықша қәсийетлери бар. Бириншиси – Тәңирдиң исмин ҳикметке қосып, сан әлўан мақамда зикир айтады. Кеўилди жаңғыртып, жасыл қус уялайды. Зикир айтқанда он сегиз мың әлемди тербетеди. Тастай қатты жүректи қорғасындай еритеди. Қараңғы кеўилге Хақтың нурын салады. Зикир өлген жүректи тирилтип, муҳаббатын күшейтеди. Адамлардың кеўлиндеги кетпес тазалық пенен ийгиликти оятады. Кеўилдеги ойдың сырлары, ҳикметтиң булағы ашылады. Қуранның мәнин түрки тилинде сөйлетеди, – деди Жәбирайыл. – Екинши айырмашылығы қандай? – Көркем минези. Пақырлықта Мухаммед пайғамберди үлги тутады. Досытына ҳадал, жаўына қатал. Әдебине периштелер сүйсинеди, душпаны күйинеди. Мухаммед пайғамбердиң сүйикли үмметинен болады. Меражда оның руўҳын көрип, пайғамбер «перзентим» деп емиренген. Ҳикмет илимин қурмаға жасырып, Ҳәзирет Султанға аманат етип жиберген. Хожа Ахмет сондай шексиз түрки даласына исламның сүннетлерин үйретеди. – Бул жерде қала жоқ, қала салаткғын дала да жоқ. Шеңгел басқан қумлы майдан. Жериниң қунарынан қумы көп, топырағынан тасы көп. Илим қалай тарайды? – Идирис, илимниң дәни жер таңламайды, шариат ел таңламайды, – деп Жәбирайыл сөзди жуўмақлайды. Идирис үнсиз қалады. Периштелер көкке ушып кетеди. Ертенги күни Идирис пайғамбар жолға шықты. Талас көли  бойында Бирқалаған деген қалаға тоқтайды. Оның Мәлик деген патшасы бар екен. Тоқсаннан асса да бир перзентке зар болыпты. Сорап бармаған таўы, баспаған жери, түнемеген әўлийеси қалмаған екен. Патша сол күни түс көреди. Түсинде әжайып бир көринис көреди. Шәҳәрге бир қонақ келип, ордасында ағаш егип атыр екен. Патша уйқысынан тура сала минараға шығып, көкжийекке көз салады. Алыстан бир дәрўиштиң сүлдерин көреди. Жолына қызыл гилем төселип, салтанат пенен күтип алады. Қырық күн қонақ етип күтип, жибермейди. Қырық биринши күни Идирис: – Мен ел гезип жүрген дәрўишпен. Бир жерде қырық күннен артық турыў бизге жараспайды. Илимниң жолы ол емес. Динде жүрип дос изле, душпан өзи-ақ табылар… Даўамы бар... https://t.me/ibratli_sozler

#ғәзийне 📜 Қарақалпақ халық нақыл-мақаллары Қоянды қамыс өлтирер, Ерди намыс өлтирер. Алтын отта, билинеди, Ер мийнетте биленеди. Жигит болсаң шалқар бол, Жантасқан адам шалқысын. Сөзлериңди еситкен, Тула бойы балқысын. Жигит болсаң таўдай бол, Жаўға қурған аўдай бол. Жигит болсаң қайың бол, Ҳәрбир иске қайым бол. Сылбыр болып жүрместен, Тәп бергенде тайын бол. Жигит болсаң батыр бол, Жаў жеңгендей жапырып. Тыңлаўшылар таң қалсын, Сөйлегенде лап урып. Бар береди, барды да нар береди, Киси болған менен бәри ер ме? Түйе болған менен бәри нар ма? Шалағай болма жасыңнан, Көпшиликте тис жерсең. Шалағай болсаң жасыңнан, Мерекеде муш жерсең. (Тис – аўыр сөз еситиў мәнисинде) Питер истиң басына, Жақсы келер қасына. Жаманның төринде болма. Мийримсиз бол душпанға, Тартсын қылыш сазайын. Ай менен күндей, Ҳәммеге бирдей.  Каналымызға ағза болыўды умытпаң! https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Қəтержам уйықлауың бул ярым бахыт ,ярымы сау аман таңда оянбақ ... https://t.me/ibratli_sozler
Қəтержам уйықлауың бул ярым бахыт ,ярымы сау аман таңда оянбақ ... https://t.me/ibratli_sozler

ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ !! АССАЛАЎМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРЛИМ ! Хəзирги өмириңизде болып атырғанлардың бəршесин қашанлардур өзиңиз жаратқансыз..
ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ !! АССАЛАЎМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРЛИМ ! Хəзирги өмириңизде болып атырғанлардың бəршесин қашанлардур өзиңиз жаратқансыз.. Солай екен , бүгин де өтмишти еслегенде өзиңизди қуўантатуғын , кеўлиңизди əжайып сезимлерге бөлейтуғын əмеллерди ислеуге асығың ! Сизди қапа қылғанларды кешириң, көптен көрмеген дос-жақынларыңызға қоңыраў етиң, қəстелерден хабар алың ! Жəрдемге мүтəжлерге қолдан келгенше жəрдем етиң , сиз ушын арзымаған бул ислер олардың кеулине таўдай қуўаныш əкелиўин ойлаң ! Атқан таң қайырлы , күниңиз кеуилли өтсин ! https://t.me/ibratli_sozler

📚 ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛЫҚ НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАРЫ. Қанша әстен жүрсе де, Тасбақа жолды өндирер. Ақыл менен айтылған сөз, Биймазаны көндирер. Ашыў алдыннан келеди, Ақыл соңынан келеди. Оңарыңның белгиси, Бириниң тонин бириң кий. Оңбасыңның белгиси, Бириң шаян, бириң мий. Ақыллы адам азбайды, Жағалы кийим тозбайды. Сабыр етсең, рәҳәт бар. Бийсабырға нәлет бар. Таўды-тасты жел бузар, Адамзатты сөз бузар. Азанғы асты таслама, Түски тамаққа қарама. Кемликке кемал бар, Менменге заўал бар. Бай болсаң таспа, Жарлы болсаң саспа. Бүгинги исти ертеңге қойма. Каналымызға ағза болыўды умытпаң! 👉https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

Қара үйдиң қанатларын қара үйдиң дийуалы менен бириктирип туратуғын ағаш не деп аталады-?
Anonymous voting

Гирдикар-?
Anonymous voting

Жона-?
Anonymous voting

Келте қонышлық етиу-?
Anonymous voting

Келте жип гүрмеуге келмеу-?
Anonymous voting

photo content

#Данышпанлар 📜 ... — Тақсыр, жаназаңызды ким шығарады? Сүйегиңизге кирер кисилерди өзиңиз атап кетсеңиз. Өйтпесе, ертең сүйекке түсиўшилер арасында талас шығады, — деди. Ҳәзирети Султан айтты: — Қарабура деген шәкиртим бар. Ол да Тәңиримниң түрки баласына берген бағы. Топырақ сыпатқа жеткен, нағыз мөминниң өзи. Ордаға бәле келмесин деп әмелсиз медреседен кетиўге мәжбүр болды. Қанша илимге қуштар, дәрўишликке бейим болса да, бийлликке жумсаған өзим едим. Жаназамды сол шығарсын, сүйегиме де сол түссин, — деди. Ол гезде Қарабураны журттың бири билсе, бири билмейтуғын. Яссаўийдиң кирпиги жумылып, жүреги тоқтағаннан кейин қаралы хабар Уллы далаға тез тарады. Көп өтпей шәҳәрге түйеге минип, үстине ақ жамылғы жапқан бир адам кирип келди. Түйениң қомына гүмис қуман илинип тур екен. Түйеден түсе сала жоқлаў айтып, медресеге жылап кирди. Оның жоқлаўы ел-журттың жүрегин елжиретип жиберди. Оны көргенде шәкиртлер де, ел-журт та қосыла егилди. Қарабура устазының дүньядан өтетуғынын түсинде көрген еди. Хан түс көреди, түсинде жаман ис көреди: дийўалда турған шырақ лап етип өшип қалады. Қарабура шоршып оянады. «Не де болса, устазым ол дүньяға атланып баратыр», — деп, ырзаласып қалайын деп дәрриў ғамланады. Соннан желмаясына минип, тоқтамай күн-түн жол жүрип, жетип келген түри усы екен. Бирақ устазы менен соңғы рет тиллесип үлгермеди. Тахт мийрасхоры болғалы устазын жөнли көрмеген еди. Хақ сыпырасында саатлап отырып руўҳый сәўбет қурмағанына қанша заман өтти?! Бәрше менен көрисип болған соң, өзи баслап сүйекке түсти. Қасына бирнешше нағыз тақўаны алды. Әўлийениң мүбәрек денесин устазы сыйлаған гүмис қумандағы жыллы суў менен жуўды. Сүлаймен Бақырғаний Ҳәзиреттиң басын услап турды, Мансур аяқ жағында кәлима айтып турды. Данышпан Зарнуқий суў қуйып, мәйитти жуўыўға толық қатнасты. Бабаның жаназасына алыс-жақын аймақларға тараған бәрше шәкирт жыйналды. Сол Маңғыстаўдан Шопан ата келди. Ол он отар қой айдап әкелип, барлығын сойысқа берди. Ташкенттен Зеңги баба келди, сыйыр айдап әкелип, бар малын марқумның асына қурбан етти. Шәкиртлери Яссауийдиң қылўетинен жүз қәдем жерге үлкен сағана қазып, устаздың мәңги мәканын таярлады. Түрки пири дүньядан өтти деген хабар шар тәрепке жайылды. Ушқан қус, жуўырған аң, таў-тас — бәрше тәбиятта өли тынышлық орнап, бәриси терең қайғыға батты. Қаратаў да қара жамылған адамдай түнерип турды. Урысып атырған еки елдиң ханлары урысты тоқтатып, аза тутты. Шет аймақлардан қаралы көш Түркистанға қарай жол алды. Ҳәзирети Султан жатқан қылўет жанына халық жыйналып, Уллы устаз бенен хошласып, ақырғы сапарға шығарып салды. Жаназасын Қарабура шығарды. Шәкиртлери алдыңғы сапты толтырды. Олардың арасында 22 мың муфти, 60 мың сейитзада, Хорезмнен келген 10 мың иймам, 10 мың улама, 90 мың әўлийе, 8 мың абдал, 12 мың дәрўиш болған деседи. Түрки пириның жетиси, қырқы, жылында да усынша халық жыйналған екен. Яссаўий март айының басында дүньядан көз жумған. Қарабура устазының жаназасын шығарып, соңғы хызметин атқарды. Ҳәзирет Султанның денеси жер қойнына берилиўге дейин ҳеш ким менен сөйлеспей, устазын үнсиз жоқлап, Қуран хатым қылыўдан қол үзбепти. Жүз күнлик садақасы берилгеннен кейин түйесине минип, Қаратаў бетке кетип қалған екен. Көргенлер түйениң қомында устазының қуманы илинип жүрди деп айтады. Дерек: "Яссаўий феномени" китабынан алынды --- Ә. Ҳәмзеев https://t.me/ibratli_sozler

Гулхан_Шеразиева_Айсанемнин_ариясы_Кеулим_Суймегенге_суйкенбе.mp31.64 MB

#ДАНЫШПАНЛАР Ҳәзирети Султан Яссаўийдиң дүньядан өтиўи. Қарабура әўлийениң тарийхы Ҳәзирети Султан тири гезинде Ақ Түркиниң пири деген атаққа ийе болған. Пүткил түрки халқы, ел басқарып отырған хан-султанлар оны уллы устаз деп ҳүрмет еткен. Ҳәзирет Султанның үйи руўҳый орталық ҳәм зиярат орнына айналған еди. Селжуқ ҳәм Қарахан бийлеўшилери бәрҳа әўлийе баба менен мәсләҳәтлесип турған. Сырдарья ҳәм Әмиўдарья бойын мәкан еткен оғыз тайпаларының басшылары да ҳәзиретке сәлем берип, тез-тез келип турған. Селжуқ бийлеўшиси Санжар ҳәм Қарахан бийлеўшиси Арыслан қаған ҳәзирет Султанға келерде, устазға деген ҳүрметин көрсетип, Түркистанның төбеси көрингеннен баслап аттан түсип, жаяўлап келеди екен. Түркистан қақпасынан кирген соң жуўынып, тазаланып, тәҳәрет жаңалап келеди. «Биз султанбыз» деп көкирегин кермей, өзин хан екенлигин жар салып айтпай, медресениң табалдырығын әдеп пенен атлайтуғын. Ҳәзирети Султан оларды илтипат менен қарсы алады. Ол хан-султанлардың ийилип тәзим еткенин хош көрмеген. «Ел басшысы ийилсе, душпанға таба болады» деп айтар екен. Сол себепли өзи қарсы шығып, ҳүрмет көрсеткен. Қарахан бийлеўшиси Ахмед Арыслан Ҳәзирети Султанның қайын атасы еди. Яссаўий оның Айша деген қызын алған. Ол заманда Қарахан қағанларында еки титул болған екен. Үлкен ханға Арыслан, киши ханға Боғра (Бура) деп атаған. Арыслан хан дүньядан өткен соң, оның орнына Ибраҳим деген баласы тахтқа отырады. Ол Яссаўийден он жас киши екен. Устаздан сабақ алып, тәлим-тәрбия үйренеди. Халық оны атақ-тегине қарай «Бура» деп атап кеткен. Кейин илимге қанығып, жүрек көзи ашылған соң, Яссаўий оның атына «Қара» сөзин қосып, Қарабура деп атаған. «Қара» сөзи ески түрки тилинде «кийели» деген мағананы билдириўи айтылады. Түрки журтында «қарашаңарақ», «Қаратаў» деген атамалар да соннан шыққан. Қарабура медреседе жүргенде, төре туқымы болса да, ақ түйесине минип, медресеге отын тасыған. Таң сәҳәрден бәринен бурын турып, от жағып, тәҳәрет суўын жылытып қояўды әдетке айландырған екен. Бул әдетин бир мәртеде қоймаған. Бир күни Яссауий таң сәҳәрде тәҳәрет алыўға шықса, Қарабура әдеттегидей сексеўилди жағып, суўын жылытып отыр екен. Устазын көрип, әдеп пенен сәлем берип, қуманын усынады. Сол гезде Яссаўий шәкиртиниң хызметине ыраза болып, мейири оянады. — Қарабурам, — деп маңлайынан сыйпап, биринши мәрте исимине «қара» сөзин қосады. — Хызметиңе разыман. Ханның улы болсаң да еринбей, қарашадай хызмет қылдың. Не тилегиң бар? Тәңириден дуўа қылайын, — дейди. Қарабура: — Сизге өлгенше хызмет қылып өтсем, басқа әрманым жоқ, — дейди. Кейин әкеси дүниядан өткен соң, Қарабураны Қарахан елиниң хан ордасына тахт мийхоры деп алдыртады. Қарабура барғысы келмейди. Сонда Яссаўий: — Елге еткен хызмет маған қылған ҳүрметтен де жоқары. Халық — Қудайдың бир аты. Олар да әдил басшыға мүтәж. Пайғамбарлар да ел басқарған. Әдиллик пенен ел басқарыў — сүннет, — деп ханлыққа көндиреди. Қарабура устазын қыймай хошласады. Кетеринде Қарабура былай деди: — Я, уллы устазым! Сизге шексиз миннетдарман. Кәпир нәпсимди әбден тәрбиялап, геўдеме жан бағышлап орнаттыңыз. Ҳикмет илимин қанша меңгерсем де, қумарым ҳеш тоймайды. Өмир бойы қасыңызда болып, зикир айтып, хызметиңизди қылып жүриўге тайынман. Бирақ сизиң буйрығыңыз биз ушын заң. Көўлимде сиз онсыз да мәңгиге орнықтыңыз. Сонда да көзим менен көрип, еске салып жүретуғын бир буйымтай сорап алайын. Соған руҳсат етсеңиз, — дейди. Яссаўий: — Балам, қысылма. Не тилейсең? Буйымтайың не? — деди. Қарабура: — Қолыңыз тийген мына гүмис қуманды тилеймен. Намазға тәҳәрет алған сайын өзимди қасыңызда жүргендей сезинейин, — деди. — Болсын! — деди устазы. Арадан узақ жыллар өтти. Хожа Ахмет он мыңлаган шәкирт тәрбиялады. Уллы дала көкирек көзи ашылған дәрўишлер менен руўҳый қулпырып турды. Дийдар тилеген шәкиртлер шартәрепке тарады. Гейбиреўлери шетки аймақларға кетип, сол жақларда илим шырағын жақты. Бирақ әмел нешик… Өлим — хақ! Тири жанға бир өлим келери анық. Ҳәзирети Султанның да ақырғы деми таўсылып, бақыйға атланар ўақты таяды. Устаз төсек тартып жетип келди. Шәкиртлери ырзаласыў ушын тегис жыйналды... Даўамы бар...

‎Абдиdan audio