en
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Open in Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Show more

📈 Analytical overview of Telegram channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) in the Kazakh language segment is an active participant. Currently, the community unites 18 786 subscribers, ranking 4 323 in the Religion & Spirituality category and 449 in the Kazakhstan region.

📊 Audience metrics and dynamics

Since its creation on невідомо, the project has demonstrated rapid growth, gathering an audience of 18 786 subscribers.

According to the latest data from 11 July, 2026, the channel demonstrates stable activity. Although there has been a change in the number of participants by -264 over the last 30 days and by -2 over the last 24 hours, overall reach remains high.

  • Verification status: Not verified
  • Engagement rate (ER): The average audience engagement rate is 28.21%. Within the first 24 hours after publication, content typically collects 19.80% reactions from the total number of subscribers.
  • Post reach: On average, each post receives 5 300 views. Within the first day, a publication typically gains 3 720 views.
  • Reactions and interaction: The audience actively supports content: the average number of reactions per post is 44.

📝 Description and content policy

The author describes the resource as a platform for expressing subjective opinions:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Thanks to the high frequency of updates (latest data received on 12 July, 2026), the channel maintains relevance and a high level of publication reach. Analytics show that the audience actively interacts with content, making it an important point of influence in the Religion & Spirituality category.

18 786
Subscribers
-224 hours
-327 days
-26430 days
Posts Archive
"БИР УЎЫС"
Anonymous voting

photo content

МУЗЛАМАСЫН ҲАЯЛ ЖҮРЕГИ Гүл киби әлпешлеп өсирген қызды, Узатар бир елге бахытын тилеп, Бой жетсе дәрриў-ақ түседи көзге, Шәўк
МУЗЛАМАСЫН ҲАЯЛ ЖҮРЕГИ Гүл киби әлпешлеп өсирген қызды, Узатар бир елге бахытын тилеп, Бой жетсе дәрриў-ақ түседи көзге, Шәўкилдеп урады киши бир жүрек. Жадырап жайнаған сулыў бир гүлди, Ашықлық дәртине дуўшакер етер, Оның аппақ кеўлин, аппақ қар киби, Гей жигитлер алдап патаслап кетер. Гейде исенгени опасыз болып, Өзге жананларды паналап кетер, Сонлықтан жүреги жаралы болып, Бул өмирден биразы түңилип өтер. Өзине исеним артқан ҳәрбир қыз, Алыстан өзиниң султанын күтер, Гейде бир көриўден жүрек етип"дыз", Еки жуп бир өмир жарасып кетер. Ҳәркимде ҳәр қыйлы өмир соқпағы, Сол өмирден болар бахыт таппағы, Жылатпаң қызларды себеп ол билсең, Ҳасылы Бийбипатманың урпағы. Қанша ашыў, қанша араз болса да, Ҳаялға азғана меҳир кереги, Қар жаўып, дөгерек музға толса да, Музламасын ҳасла ҳаял жүреги. ✍Зульфия 27.01.2026 ж https://t.me/ibratli_sozler

Шырағым, пул өз ҳүкимин жүргизген жерде, ийгиликли сөзге де, гөззаллыққа да орын жоқ. Асқазан мийден көре ақыллылаў, өйткени ол жақпаған затты қайтарады. Мий ҳәмме затты сиңдирип таслайды. Инсан гейде-гейде дус келетуғын ҳәрбир сәтсизликти бахытсызлық деп есапламаўы керек. Ким биледи дейсиз, бәлким ҳақыйқый бахыт киши сәтсизликтен басланар?! Халықтың тилине қыянет жасаў - оның жүрегин жаралаў. Факт деп заңға сүйенип, қутылсаң қутылып кетерсең.Бирақ билип қой, ел-журттың азап-дозағынан безип, оның қайғы-ҳәсиретин бөлиспегениң ушын, адам санынан шығып, қарабет атанып өтесең.Саған факт де, жаза да усы. Ҳеш кимниң көзине түским де, ҳеш кимди көргим де келмеди. Басқаларды билмедим, усындай да, өзим жалғыз қалғанды, қайғы-ҳәсиретимди журт көзине көрсетпеўди қәлеймен. Журт не қылсын мениң қайғымды? Қолыңнан келсе, ашыўың тарқап, өксигиң басылғанша сыр берме... Шыңғыс Айтматов https://t.me/ibratli_sozler

Шүкирлик .. Сизде бар нəрсе биреўлер ушын əрман екенин умытпаң ! Қолдағы барына қəнəəт , жоғына сабыр етиң ! https://t.me/ibratli_sozler

ОЗЫҚ ОЙЛЫ, АЛЫМ ЕДИ… Жүмек Орынбаев 1906-жылы Шымбай районы бурынғы «Кеңес» хожалығы (Шымбай районы «Қос терек» АПЖ аймағында «Майлы балта» аўылы) туўылды. Аўылдағы мектепте баслаўыш билим алған Жүмек Асқар улы 1924-жылы Төрткүлдеги үш айлық қысқа муғаллимлик курсты питкергеннен кейин мектепке көп бала тартыўды, оларды керекли оқыў қураллары менен тәмийинлеўди алдына мақсет етип қойды, 1925-жылы Төрткүлдеги алты айлық совет-партия мектебинде оқыды ҳәм оны питкерген соң Шымбай каласындағы интернатқа директор, кейин мектеп директоры болды. Көп узамай жаслар жетекшиси етип тайынланды. «Сол қанат» жәрдемшилер қатарында турып, елде саўатсызлықты сапластырыў ислерине белсене қатнасты. Ж.Орынбаев 1930-жылы Ташкенттеги САХИПИдиң рабфакине оқыўға кирди. Бул жерде ол билим алыў менен саўатсызлықты сапластырыў штабының баслығы болды. Бос ўақытларында завод-фабрика жумысшылары арасына барып, оқыў-жазыў ислерин үйретти. Рабфакти табыслы питкергенлердиң қатарында оған аспирантураға жоллама берилди. 1933-34-жыллары Москва қаласындағы ВАИПИН аспирантурасының еки жыллық таярлаў бөлиминде билим алды. Таярлық курсын питкергеннен соң Қарақалпақстанға әмелий жумыс ислеўге келип, Төрткүлдеги педтехникумның директоры ҳәм оқытыўшысы болып бекитилди. Бир айта кететуғын жаңалық профессор Ж.Орынбаевтың туўысқан иниси Н. Орынбаевта рус тили ҳәм әдебияты пәнинен бириншилерден болып, кандидатлық диссертациясын жақлап, жақсы нәтийжелерге еристи. Тилекке қарсы аманатын мезгилсиз тапсырып, «о дүньялық» болып кетти. Илим-билимге қызыққан жас Ж.Орынбаев 1935-жылы Москваға қайтадан барып, ВАИПИН аспирантурасының тийкарғы курсында оқыўын даўам етеди. Усылай етип, Москвада РСФСР Билимлендириў министрлигиниң оқыў-педагогикалық баспасында қарақалпақ мектеплери ушын сабақлықлар шығарыў бойынша редакторы болып иследи. Аўылласымыз Ж.Орынбаев урыстың аўыр гезлеринде бирлестирилген қарақалпақ мәмлекетлик оқытыўшылар институты ҳәм педагогикалық институтының директоры болып хызметлер атқарып, өзиниң барлық күш-жигерин қарақалпақ халқы ушын хызмет ететуғын жоқары қәнигели, сиясий жетик муғаллим кадрлар таярлап жетистириўге бағышлады. Оның билимге қызығыўшылығы сонда Қазан, Алма-ата, Ташкент, Санкт-Петербург, Москва қалаларының китапханаларында айлап-жыллап китаплар ақтарып, архивлерден материаллар топлады. Нәтийжеде 1950-жылы Москвада РСФСР Педагогикалық Илимлер академиясының педагогика теориясы ҳәм тарийхый институтында «Қарақалпақ мектеплериниң революцияға шекемги тарийхының очерклери» деген темада диссертациясын табыслы жақлап, педагогика илимлериниң кандидаты илимий дәрежесине миясар болды. Талантлы илимпаз 1957–жылға шекем Қарақалпақ мәмлекетлик педагогика институты педагогика кафедрасының баслығы болды. Ол илимий жумысларын тағы да даўам етип, «Қарақалпақ совет мектебинин тарийхы» 1927-1930) деген ат пенен үлкен монографиясын баспадан шығарды, бул 1966-жылы еди. Усы мийнети менен Өзбекстан педагогикалық илим-изертлеў институтында педагогика илимлериниң докторы болды. Утыры келгенде айтсақ, оның туўысқан иниси Нағмет Орынбаев та илимли-билимли болып, Қарақалпақстанда рус тили бойынша филология илимлери докторы болған бирден бир илимли-билимли азамат еди. Әттең, өмири қысқа болды. Илая, олардың руўхы шад әйлеп, топырағы торқа болсын! Профессор Ж.Орынбаев пенен әзелден қатнасығымыз жақсы болды. Сапар атам сол кисиниң әкеси Асқардың руўлас апасы Айжамалды алып, оннан Рейимбай, Кәримбай, Жумагүл, Турдыбай, Пердебай Сапаровлар туўылғаны жоқарыда айтылды. Белгили алым Жүмек Орынбаев Нөкис мәмлекетлик педагогика институтта оқығанымда баўырманлық етип, үйинен орын берип ақыл-нәсиятлар айтар еди. Еле есимде, адам дурыслы тәлим-тәрбия алмаса пәмсиз болады. Еле берин, ПӘМ ҳаққында китап жазаман, сен де қуры муғаллимшиликке байланып қалмай журналистикаға аралас, талантың бар, мақалаларыңда азлы-көпли ушқын сезиледи, дер еди. Оның айтқанларын хаялы Зийнеп апамыз да мақуллап, атаңның айтқанын аманат етип қабыл ал, бул кисилердиң пәтиясын алсаң шеп болмайсаң, деп арқамнан қағып, баўырына басып қойды. Б.Сапаровтың еске түсириўлери. https://t.me/ibratli_sozler

ЖҮМЕК ОРЫНБАЕВ
ЖҮМЕК ОРЫНБАЕВ

Əке... Маған қалтасынан пул шығарып берди де " балам жақсылап аўқатланып кел" деп асхана тəрепти көрсетип жиберди. Əсте артым
Əке... Маған қалтасынан пул шығарып берди де " балам жақсылап аўқатланып кел" деп асхана тəрепти көрсетип жиберди. Əсте артыма қарап бурылғанымда , келген өксиктен өзимди зорға тоқтатып қалдым. Əкем сумкасынан үйден алып шыққан буханка нанды алып, бир шетте мени интизар күтип қарнын тойдырар еди... https://t.me/ibratli_sozler

Балалар ата-ананы таңлаў хуқықына ийе емес. Сиз олар əрман еткендей ата-ана болыўға умтылың ! https://t.me/ibratli_sozler

#Даналық - Ҳаял өзин жас балалардай тутса, демек ол бахытлы. - Сондай жасаң, ҳәр бир күниңиз өмирдеги ең бир қуўанышлы күн бо
#Даналық - Ҳаял өзин жас балалардай тутса, демек ол бахытлы. - Сондай жасаң, ҳәр бир күниңиз өмирдеги ең бир қуўанышлы күн болсын. - Ўақыт келеди деп ойлайды, лекин ўақыт тек кетеди. - Ким алса - алақанын толтырар, ким берсе - қәлбин толтырар. - Ҳақыйқый гөззаллық жүреклерде жасайды... көзлерде сәўлеленеди, әмеллерде көринеди. - Ишки дүньяңда қаншама жарықлық болса, жасап турған дүньяң да соншама жарық болады. https://t.me/ibratli_sozler

Дауытбай Қайыпов Сағыныш https://t.me/ibratli_sozler

Ассалаўма алейкум, Қәдирданларым! Бүгинги күниңиз әўметли болсын! ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ Жүреги мийрим - шәпәәтке т
Ассалаўма алейкум, Қәдирданларым! Бүгинги күниңиз әўметли болсын! ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ Жүреги мийрим - шәпәәтке толы, кеўли  таңдай аппақ ҳәм сағынышы бир Аллаға қуштар болған бирадарларым!       Рәббим Алла  сизлерге аманлық ҳәм  денсаўлық, шаңарағыңызға  несийбе  ҳәм берекет инәм етсин!     Бүгинги күниңиз жақсы жаңалықларға ҳәм әўметли ислерге толы болсын! ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ https://t.me/ibratli_sozler

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ! Кеше бала едиң келдиңғо талай жасқа, Көз жеттиме бир қәлипте туралмасқа. Адамды қәдирли Алланың хикметин түсин,
ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ! Кеше бала едиң келдиңғо талай жасқа, Көз жеттиме бир қәлипте туралмасқа. Адамды қәдирли Алланың хикметин түсин, Не мәни бар бул дүньяда оннан басқа.                     Абай. Түниңиз тыныш уйқыңыз пүтин болсын ! https://t.me/ibratli_sozler

photo content

#Яссаўий жолы 📜 Суўпылық деген не? Туўылмай турып қайда едик? Өлген соң қайда барамыз? Болмыс қалай пайда болған? Болмысты бар еткен Жаратыўшы бар ма? Егер бар болса, Жаратыўшы менен болмыс арасында қандай байланыслар бар? Жаратқан қүдирет болмысты жаратқаннан соң қайда кетти? Яки, таслап кетти ме? Яки ҳәрдайым бақлап отырма? Зат дегенимиз не? Материаллық емес нәрселердиң мәни не? Идеялар, ойлар қайдан шығады? Сезим, сүйиў, күйиниў, ашыўланыў, жек көриў, кешириў, өш алыў — булардың барлығы қайдан пайда болады? Мине, булар адам баласын мазалаған мәселелер. Усындай сораўларға жуўап излеў гейбир ақыллылардың әдетине айналған. Олар өзлеринен бурын өткен ойшыллардың айтқанларын електен өткерип, көкирек көзин ашып, жуўап излей баслаған. Мине, философияның да, суўпылықтың да шығыў себеби менен басланыўы усылай қәлиплескен. Болмыс туўралы мағлыўматты китабы бар динлердиң биринен алып, илимлериңизди санаңызға уялатып жаныңыз жай табыўы ықтымал. Әлбетте, ийманға келгеннен соң, сиз ушын сораў қойыў, жуўап излеўдиң де кереги болмаўы мүмкин. Жаратқан ийемизди абсолютлик болмыс деп танып, планетаның бир жерлеринде, периштелер менен жайғасқан, жүдә күшли көриў, сезиў, еситиў қәбилетине ийе, әзелден бери «бар» болған, ҳешқашан жоқ болмайтуғын, барлық қупияларды билетуғын, бул пәнийге арасында елши-пайғамберлер жиберип, адамзат ушын пайдалы нызамлар тәртибин усынған, периштелер арқалы адамзат баласын қадағалайтуғын Бир Тәңир ретинде уғып, усы ийманыңыз бенен жаныңыз жай табыўы мүмкин. Бирақ, биреўлердиң дурыс түсинип түсинбеўине өкпелеўге де болмайды. Өйткени, Уллы Жаратыўшы ойлаў қәбилетин ҳәртүрли жаратқан. Жоқары ойлаў қәбилетине, санасына ийе адамлар пайғамберлердиң келген жолларына ҳайран қалып, оларға қызығыўшылық пенен қарайды. Өзлериниң ким екенликлерин билгиси келип, терең ойға батып, қыялларға берилиўи мүмкин. Идеялардың түп негизине жетип, ойлаўдың да шегарасынан асып, ақылдың тутаслығына умтылады. Усы жолда илимди раўажландырып, изертлеп, биз билмейтуғын ҳақыйқатларға уласып, жүрек көзи ояў әўлийелердиң қатарына қосылады. Мине, суўпылық деп усыны айтады. Келиң, қәлесеңиз, бул мәселени бирге таллайық. Жаратылғанлардың ең жоқарғы мәртебеси болған, көркем, сымбатлысы Муҳаммед «оқы» деп басланған дәслепки Қудайлық саза арқалы қандай жетискенликлерге еристи?.. Оған дейин не менен шуғылланды? Қурма бағларында жүрди ме? Саўда менен шуғылланды ма? Яки Хира таўындағы үнгирде терең ойларға батып, суўпылық жолдың сырларын түсинип, ҳақыйқатты изледи ме?.. Егер усындай тәжирийбелер адамды пайғамберлик дәрежеге жеткизетуғын болса, Тәңирим басқаларға әўлийелик жолды неге бермесин?! Суўпылықтың тийкарын ески греклерден ямаса ҳиндлерден излеўшилерге усындай усыныс етсем, бир пайдасы болар ма екен...? ✍ Намық Кемал Зейбек https://t.me/ibratli_sozler

"БӘДЕР" Сөзиниң мәниси қандай? Ол ерте турып атланып, бәдер кетеди (Қоблан»).
Anonymous voting

"БАЯЎ" Сөзиниң мәниси қандай? Үш боз бала аяғын баяў басып, Өтемураттың ылашығына карай киятыр (К.Султанов)
Anonymous voting

"СӘЛЕМСИЗ КИРГЕН АЙЫП, ......... " Нақылдың даўамын табың?
Anonymous voting