#Яссаўий жолы
📜
Суўпылық деген не?
Туўылмай турып қайда едик? Өлген соң қайда барамыз? Болмыс қалай пайда болған? Болмысты бар еткен Жаратыўшы бар ма? Егер бар болса, Жаратыўшы менен болмыс арасында қандай байланыслар бар? Жаратқан қүдирет болмысты жаратқаннан соң қайда кетти? Яки, таслап кетти ме? Яки ҳәрдайым бақлап отырма? Зат дегенимиз не? Материаллық емес нәрселердиң мәни не? Идеялар, ойлар қайдан шығады? Сезим, сүйиў, күйиниў, ашыўланыў, жек көриў, кешириў, өш алыў — булардың барлығы қайдан пайда болады?
Мине, булар адам баласын мазалаған мәселелер. Усындай сораўларға жуўап излеў гейбир ақыллылардың әдетине айналған. Олар өзлеринен бурын өткен ойшыллардың айтқанларын електен өткерип, көкирек көзин ашып, жуўап излей баслаған. Мине, философияның да, суўпылықтың да шығыў себеби менен басланыўы усылай қәлиплескен. Болмыс туўралы мағлыўматты китабы бар динлердиң биринен алып, илимлериңизди санаңызға уялатып жаныңыз жай табыўы ықтымал. Әлбетте, ийманға келгеннен соң, сиз ушын сораў қойыў, жуўап излеўдиң де кереги болмаўы мүмкин. Жаратқан ийемизди абсолютлик болмыс деп танып, планетаның бир жерлеринде, периштелер менен жайғасқан, жүдә күшли көриў, сезиў, еситиў қәбилетине ийе, әзелден бери «бар» болған, ҳешқашан жоқ болмайтуғын, барлық қупияларды билетуғын, бул пәнийге арасында елши-пайғамберлер жиберип, адамзат ушын пайдалы нызамлар тәртибин усынған, периштелер арқалы адамзат баласын қадағалайтуғын Бир Тәңир ретинде уғып, усы ийманыңыз бенен жаныңыз жай табыўы мүмкин.
Бирақ, биреўлердиң дурыс түсинип түсинбеўине өкпелеўге де болмайды. Өйткени, Уллы Жаратыўшы ойлаў қәбилетин ҳәртүрли жаратқан. Жоқары ойлаў қәбилетине, санасына ийе адамлар пайғамберлердиң келген жолларына ҳайран қалып, оларға қызығыўшылық пенен қарайды. Өзлериниң ким екенликлерин билгиси келип, терең ойға батып, қыялларға берилиўи мүмкин. Идеялардың түп негизине жетип, ойлаўдың да шегарасынан асып, ақылдың тутаслығына умтылады. Усы жолда илимди раўажландырып, изертлеп, биз билмейтуғын ҳақыйқатларға уласып, жүрек көзи ояў әўлийелердиң қатарына қосылады. Мине, суўпылық деп усыны айтады.
Келиң, қәлесеңиз, бул мәселени бирге таллайық. Жаратылғанлардың ең жоқарғы мәртебеси болған, көркем, сымбатлысы Муҳаммед «оқы» деп басланған дәслепки Қудайлық саза арқалы қандай жетискенликлерге еристи?.. Оған дейин не менен шуғылланды? Қурма бағларында жүрди ме? Саўда менен шуғылланды ма? Яки Хира таўындағы үнгирде терең ойларға батып, суўпылық жолдың сырларын түсинип, ҳақыйқатты изледи ме?..
Егер усындай тәжирийбелер адамды пайғамберлик дәрежеге жеткизетуғын болса, Тәңирим басқаларға әўлийелик жолды неге бермесин?! Суўпылықтың тийкарын ески греклерден ямаса ҳиндлерден излеўшилерге усындай усыныс етсем, бир пайдасы болар ма екен...?
✍ Намық Кемал Зейбек
https://t.me/ibratli_sozler