ar
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

الذهاب إلى القناة على Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

إظهار المزيد

📈 نظرة تحليلية على قناة تيليجرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

تُعد قناة ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) في القطاع اللغوي Kazakh لاعباً نشطاً. يضم المجتمع حالياً 18 789 مشتركاً، محتلاً المرتبة 4 323 في فئة الدين والقيم الروحية والمرتبة 449 في منطقة كازاخستان.

📊 مؤشرات الجمهور والحراك

منذ تأسيسه في невідомо، حقق المشروع نمواً سريعاً وجمع 18 789 مشتركاً.

بحسب آخر البيانات بتاريخ 11 يوليو, 2026، تحافظ القناة على نشاط مستقر. خلال آخر 30 يوماً تغيّر عدد الأعضاء بمقدار -264، وفي آخر 24 ساعة بمقدار -2، مع بقاء الوصول العام مرتفعاً.

  • حالة التحقق: غير موثّقة
  • معدل التفاعل (ER): يبلغ متوسط تفاعل الجمهور 28.21‎%. وخلال أول 24 ساعة من النشر يحصد المحتوى عادةً 19.80‎% من ردود الفعل نسبةً إلى إجمالي المشتركين.
  • وصول المنشورات: يحصل كل منشور على متوسط 5 300 مشاهدة. وخلال اليوم الأول يجمع عادةً 3 720 مشاهدة.
  • التفاعلات والاستجابة: يتفاعل الجمهور بانتظام؛ متوسط التفاعلات لكل منشور يبلغ 44.

📝 الوصف وسياسة المحتوى

يصف المؤلف القناة بأنها مساحة للتعبير عن الآراء الذاتية:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

بفضل وتيرة التحديث المرتفعة (أحدث البيانات بتاريخ 12 يوليو, 2026) تحافظ القناة على حداثتها ومستوى وصول مرتفع. وتُظهر التحليلات تفاعلاً نشطاً من الجمهور، ما يجعلها نقطة تأثير مهمة ضمن فئة الدين والقيم الروحية.

18 789
المشتركون
-224 ساعات
-327 أيام
-26430 أيام
أرشيف المشاركات
Дауытбай Қайыпов Сағыныш https://t.me/ibratli_sozler

Ассалаўма алейкум, Қәдирданларым! Бүгинги күниңиз әўметли болсын! ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ Жүреги мийрим - шәпәәтке т
Ассалаўма алейкум, Қәдирданларым! Бүгинги күниңиз әўметли болсын! ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ Жүреги мийрим - шәпәәтке толы, кеўли  таңдай аппақ ҳәм сағынышы бир Аллаға қуштар болған бирадарларым!       Рәббим Алла  сизлерге аманлық ҳәм  денсаўлық, шаңарағыңызға  несийбе  ҳәм берекет инәм етсин!     Бүгинги күниңиз жақсы жаңалықларға ҳәм әўметли ислерге толы болсын! ❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ https://t.me/ibratli_sozler

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ! Кеше бала едиң келдиңғо талай жасқа, Көз жеттиме бир қәлипте туралмасқа. Адамды қәдирли Алланың хикметин түсин,
ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ! Кеше бала едиң келдиңғо талай жасқа, Көз жеттиме бир қәлипте туралмасқа. Адамды қәдирли Алланың хикметин түсин, Не мәни бар бул дүньяда оннан басқа.                     Абай. Түниңиз тыныш уйқыңыз пүтин болсын ! https://t.me/ibratli_sozler

photo content

#Яссаўий жолы 📜 Суўпылық деген не? Туўылмай турып қайда едик? Өлген соң қайда барамыз? Болмыс қалай пайда болған? Болмысты бар еткен Жаратыўшы бар ма? Егер бар болса, Жаратыўшы менен болмыс арасында қандай байланыслар бар? Жаратқан қүдирет болмысты жаратқаннан соң қайда кетти? Яки, таслап кетти ме? Яки ҳәрдайым бақлап отырма? Зат дегенимиз не? Материаллық емес нәрселердиң мәни не? Идеялар, ойлар қайдан шығады? Сезим, сүйиў, күйиниў, ашыўланыў, жек көриў, кешириў, өш алыў — булардың барлығы қайдан пайда болады? Мине, булар адам баласын мазалаған мәселелер. Усындай сораўларға жуўап излеў гейбир ақыллылардың әдетине айналған. Олар өзлеринен бурын өткен ойшыллардың айтқанларын електен өткерип, көкирек көзин ашып, жуўап излей баслаған. Мине, философияның да, суўпылықтың да шығыў себеби менен басланыўы усылай қәлиплескен. Болмыс туўралы мағлыўматты китабы бар динлердиң биринен алып, илимлериңизди санаңызға уялатып жаныңыз жай табыўы ықтымал. Әлбетте, ийманға келгеннен соң, сиз ушын сораў қойыў, жуўап излеўдиң де кереги болмаўы мүмкин. Жаратқан ийемизди абсолютлик болмыс деп танып, планетаның бир жерлеринде, периштелер менен жайғасқан, жүдә күшли көриў, сезиў, еситиў қәбилетине ийе, әзелден бери «бар» болған, ҳешқашан жоқ болмайтуғын, барлық қупияларды билетуғын, бул пәнийге арасында елши-пайғамберлер жиберип, адамзат ушын пайдалы нызамлар тәртибин усынған, периштелер арқалы адамзат баласын қадағалайтуғын Бир Тәңир ретинде уғып, усы ийманыңыз бенен жаныңыз жай табыўы мүмкин. Бирақ, биреўлердиң дурыс түсинип түсинбеўине өкпелеўге де болмайды. Өйткени, Уллы Жаратыўшы ойлаў қәбилетин ҳәртүрли жаратқан. Жоқары ойлаў қәбилетине, санасына ийе адамлар пайғамберлердиң келген жолларына ҳайран қалып, оларға қызығыўшылық пенен қарайды. Өзлериниң ким екенликлерин билгиси келип, терең ойға батып, қыялларға берилиўи мүмкин. Идеялардың түп негизине жетип, ойлаўдың да шегарасынан асып, ақылдың тутаслығына умтылады. Усы жолда илимди раўажландырып, изертлеп, биз билмейтуғын ҳақыйқатларға уласып, жүрек көзи ояў әўлийелердиң қатарына қосылады. Мине, суўпылық деп усыны айтады. Келиң, қәлесеңиз, бул мәселени бирге таллайық. Жаратылғанлардың ең жоқарғы мәртебеси болған, көркем, сымбатлысы Муҳаммед «оқы» деп басланған дәслепки Қудайлық саза арқалы қандай жетискенликлерге еристи?.. Оған дейин не менен шуғылланды? Қурма бағларында жүрди ме? Саўда менен шуғылланды ма? Яки Хира таўындағы үнгирде терең ойларға батып, суўпылық жолдың сырларын түсинип, ҳақыйқатты изледи ме?.. Егер усындай тәжирийбелер адамды пайғамберлик дәрежеге жеткизетуғын болса, Тәңирим басқаларға әўлийелик жолды неге бермесин?! Суўпылықтың тийкарын ески греклерден ямаса ҳиндлерден излеўшилерге усындай усыныс етсем, бир пайдасы болар ма екен...? ✍ Намық Кемал Зейбек https://t.me/ibratli_sozler

"БӘДЕР" Сөзиниң мәниси қандай? Ол ерте турып атланып, бәдер кетеди (Қоблан»).
Anonymous voting

"БАЯЎ" Сөзиниң мәниси қандай? Үш боз бала аяғын баяў басып, Өтемураттың ылашығына карай киятыр (К.Султанов)
Anonymous voting

"СӘЛЕМСИЗ КИРГЕН АЙЫП, ......... " Нақылдың даўамын табың?
Anonymous voting

Ўақыт өте келе өзлеримизде балаларымызға "Өткен заман ертеклери"н айтып беретуғын болдық. Енди бул ертеклер баяғыдай шыраның жақтысында пахта шигитленип атырғанда емес, свет өшип қалғанда телефон фонариклериниң жақтысында, ямаса шыра жағылып соның жақтысында  "свет жанаман",---дегенше ўақыт өткериў түринде айтылатуғын болды. Ертеклеримиздиң де мазмуны; "колхозластырыў, жат-жамайды сапластырыў" емес, басқашалаў болды. Мәселен, ҳәзир сол өткен заман ҳаққында ертек айтсақ: ----Шырпының бир қутысы 1 тийин еди,--деп баслаймыз, және: ----Сиропсыз газлы суўдың стаканы --- 1 тийин; ----Қәлем--- 1 тийин; ----Өширгиш--- 1 тийин; ----Гитара медиаторының 2 данасы--- 1 тийин; ----2 сорт 12 бетлик дәптер--1 тийин, 1-сорты --2 тийин; ----"Жеткиншек" газетасының бир данасы---1 тийин; ----"Пионерская правда"ны оқығың келсе, оның да бир данасы---1 тийин; ---Мектеп буфетиндеги бир тилим [кусок] нан-- 1 тийин; ----Тағы не бар еди, қудай-аў, ҳе,  айтқандай, егер қолыңда 2 тийин, 3 тийин бола қойса: --автомат телефоннан арқайын сөйлесе аласаң, тирге барып, бир оқ сатып алып мергенлигиңди бир мәрте сынап көре аласаң; "Жеткиншек" тен үлкенлеў бир газета алып оқыўыңа да болады;  ямаса, асханаға барып қантлы бир стакан шай ишемен десең де қасыңда 2 тийин болса уялмай барып ишиўиңе болады; 12 бетлик қағазы жылтыраған, сапалы бир дәптер сатып алсаң да 2 тийин жетеди. 3 тийиниң болса, оннан да жақсы:--қәле майонезли булочка сатып ал, яки трамвайға минемен дейсең бе, түр қәлем алғың келе ме, ямаса сироплы газли суў ишемен десең де 3 тийинлик жүдә асқатады.---деп барып тоқтап, свет жанағоймаса изин және былай даўам етемиз: ---Бул адам дегенниң көзи неге тойған, сол дәўирдеги арзаншылықтың қәдирин де билмеди--аў! Өйдегеним:  ларёкларға қаўын, ғарбыздан баслап гешир дейсең бе, пыяз, помидор, қыяр, ләблебиниң қызыл, "түрпи"--деп аталатуғын түрлери керек пе, картошкаларды тележкалап төгип таслайды. Сонда үйилип атырған картошканың үстине минип, басқылап жүрип, ирилерин сайлап алып атырғаны. ----Ҳаў, мусырман, аяғыңның астындағы картошкалар езилип атыр, оны ким алады,---десе де тыңламайды, я ашлық емес, я жетиспей атырған ҳештеңе жоқ. Сол келип атырған палыз өнимлериниң баҳасын айтпайсаң ба, ийт муты! 1 сомға 6 килодан зыятырақ картошка аласаң, килосы 16 тийиннен, пыяз болса килосы 5 тийин, гешир оннан да арзан, килосы 3 тийин, помидор менен қыярдың биреўиниң килосы 5 тийин, биреўи 8 тийин..... -----Урррәәә, свет жанды! ----Онда телевизордағы сериалыңызды көре ғойың, ертектиң даўамын ендиги свет өшкенде айтып берермен..... Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

Ол көринислерди қысқаша айтып берер болсам: "Колхозластырыў"---дегенди адамлар бирден түсинип кете қоймаған, биреўлер:---"колхозласлассаң малың ортақ, бала-шағаң ортақ, үлкен "колхоз көрпе"де жатады екенсең,--деген сада түсиник пенен айтылған гәплерден қорқып түни менен көшип кеткен, барса, көшкен жағында да колхозласыў мапазы қызғын кетип атырған усайды, соннан биреўлери қайтадан елге көшип келген. Бирақ, колхоздың жумысы қыйын болған, пахталарды биринши тракторлар келемен дегенше гүнде менен еккен, ҳаял-қызлар күндиз пахта терсе, кеште шай-пайын шала-пала ишип, түни менен айдың жақтысында салы ораққа кетеди екен. Соннан келип, нан-панын қазанға қатырып, ертеңги бала-шағасының жейтуғын нанын таярлайды, таң ала геўгимнен турып, бисәтындағы бар жүўериси бола ма, бийдайы бола ма дигирманға тартып, кешки тамақ ушын я жарма, я нанлық унын таярлап кетеди. Соң түнде қатырған наны, гей биреўлер азғантай қуўырылған бийдай менен шайларын ишип және колхоздың жумысы. Адамлардың ғәллеханасында артық-аспай дәни де жоқ еди, қатты қыйын ўақытлар болды,---дейди анам. Ал, "жат-жамайларды сапластырыў",--деген темадағы гүрриңлери буннан да аянышлы. Себеби, аталары, әкеси уламалар болғанлықтан, мал-мүлки  "кампискеленип" [конфискацияланып], кимиси қамалған, кимиси айдалып кеткен, аўылда қалған ҳаял-бала-шағаларын "ақ үйли" етип елден көширип жиберген.  Асыраўшысы жоқ  ҳаял, бала-шағаның күн көриси айтпаса да қандай қыйыншылықта өткени белгили. Оның үстине елден бөлеклеп жиберген соң, қолда бар мал-мүликти ҳүкимет тартып алса! Мен буларды қысқаша ғана жазып отырман.

<<ӨТКЕН ЗАМАН <<ЕРТЕКЛЕРИ>> БИР ТИЙИН. Кишкене ўақтымызда шыраның жақтысында, печьтиң қуўысында пахта шигитлеп отырамыз. Пахта шигитлеў гейде өз-ара жарыс түринде болып:--"ким көп пахта шигитлемек",--дегендей болады. Әлбетте, бул жарыс жас өзгешелигимизди есапқа алғанда "әдил жарыс" болды деп айтыў қыйын, себеби, жасы үлкенлеўлеримиз көп шигитлеп, жасы кишилеримиз бизлердиң деңгейимизге жете алмай мыйтыңлап отырғанда ---"қаяқтағы әдил жарыстың басын аўыртып отырсаң?!",-- деўге болады. Усы пахта шигитлеспекте бизлер ушын ең қызықлысы анамыздың әңгимелери. Әңгиме мазмунына қарап отырып, бизиң балалық санамызда бул гүрриңлер ертектей болып сезилер еди. Яғный,  --"Өткен заман ертеклери", бирақ, булар ертек емес еди, сол бизлер туўылмай турғандағы, оннан алдынырақ дәўирлердеги ҳақыйқый турмыс картинасы еди. Соңынан ойлап қарасақ, ол "ертеклер"---тарийхый мәниге ийе екен. Мәселен, ---"колхозластырыў, "жат-жамайларды класс ретинде" сапластырыў, урыстың басланыўы, тылда қалған кемпир, ғарры, ҳаял-қызлардың, жас өспирим балалардың фронтқа жәрдем бериўи, солайынша фашистлик Германияны жеңип шығыў",----деп тарийхта суп-сулыў етип жазылған тарийхый дәўирлердиң шын мәнисиндеги көринислерин бастан кеширген сол дәўир адамларының гүрриңлеринде басқаша көринислерде көрер едик.

photo content

​​ ШҮКИРШИЛИК ЕТИҢ, АДАМЛАР Африкаға дәри-дәрманлар жыйнап жибериўге қарар етип бир қанша дәри жыйнап едик. Лекин, бир машқал
​​ ШҮКИРШИЛИК ЕТИҢ, АДАМЛАР       Африкаға дәри-дәрманлар жыйнап жибериўге қарар етип бир қанша дәри жыйнап едик. Лекин, бир машқалалы жағдай жүрегимизди елжиретип жиберди.      Дәрилер  түсиндирмесиндеги бир жазыў бизди жылатты...  Африкалылар ушын зәрүр болған ҳәмме дәрилердиң түсиндирмелеринде  «Тоқ қарынға ишилсин» деп жазылған еди... Себеби олар ашлықтан сондай аўырыўлы жағдайға түскен еди. Ал, енди қалай усындай жағдайда дәри ише алады? Бул бийшаралардың кишкене болса да я суўы, я аўқаты болмаса,  деп кеўлимиз босасып жылап алдық. Чарльз Буковский Американың журналист, жазыўшысы. Пикир:      Әзизлер, шүкир етиўди үйренейик! Бизде болса ҳәмме нәрсемиз бар.  Машина, үй, аўқат, суў, ҳәм тийкары ден саўлық. https://t.me/ibratli_sozler

#ибрат 💻 Шириген шөпти мал жақтырмайды, Ширенген адамды ел жақтырмайды. 📖 Адамлар бир қәтелигиң себепли мың жақсылығыңды умытып кетеди. Жаратыўшың бир жақсылығың арқалы мың қәтеңди кеширеди.! 📖 Түби тесик қазанға қанша қуйсаңда толмайды. Ақылы жоқ адамға қанша айтсаңда қонбайды. Сымбатына сын жоқ, ишки сарайында дым жоқ. 🌅 https://t.me/ibratli_sozler

Кəмбағал екени кийиминен белгили болып турған бир киси көрпе-төсек сатылатуғын дүкəнға кирип келди. Сатыўшыдан бала-шағасы ушын керекли болған ең арзан көрпелердиң бахасын сорады . Ол 6 көрпе ушын 100 риалы бар екенин айтты. Сатыўшы: - Менде Қытайдан əкелинген түрлери бар. Жүдə қалың жыллы болып жатасыз. Оның данасы 20 риалдан. Егер бес көрпе алсаңыз биреуин ешейин қосып беремен ,-деди. Ғəрийп пақыр алтыншысын ешейин алып атырғанына қатты қуўанды.Көрпелерди алып баратырып, АЛЛАҒА мың шүкирлик пенен көзлерине жас алды.Ол бираз узақласқан соң бəрин көрип отырған сатыушының жорасы : - Жаңағы ең жақсы, ең қымбаты деп өткен хəпте 350 риалдан маған сатқан көрпең емеспеди? ,-деди. -Аўа достым , сол көрпелерден еди.Мен оны саған өз бахасынан бергенмен деди сатыўшы . - Онда неге жаңағы адамға жүдə арзан бахада саттың ? -деп сорады. - Мен Рəббим менен саўдаластым достым. Оның разылығын қəлеп, мискин хəм оның шаңарағы, быйыл қатты сууық болыуы кутилген қыста усы көрпеге мүтəж болыўын билгеним ушын сол исти қылдым. Қəнекей усы исим менен Рəббим мени дозақ отынан сақласа. Егер ол кисиниң иззет-нəпсине тиймейтуғын болғанында , бəрин ешейин берген болар едим... Юсупова М. аўдармасы https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Келинимен қарақалпақ елиниң. Өзим қазақ ,келдим қоңсы үлкеден Ақ пəтиясын алып тууған төркиннен Бүгинлиги орын алдың кеулимне
Келинимен қарақалпақ елиниң. Өзим қазақ ,келдим қоңсы үлкеден Ақ пəтиясын алып тууған төркиннен Бүгинлиги орын алдың кеулимнен Келини болдым қарақалпақ елиниң Алтынға тең өткен ярым əсирим Қурып мухаббаттың зерли қəсирин Үйретти ата-енем жасау тəсилин Келинимен қарақалпақ елиниң... Əкем деп сыйладым төрде атамды Енем нəсиятында көрдим анамды Шын сəугим жақтыртып кеуилханамды Келинимен қарақалпақ елиниң... Билмей өстим сыр шашыуды тисимнен Алғыс алып жүрдим хəрбир исимнен Хүрмет -иззет көрип сүйген кисимнен Келинимен қарақалпақ елиниң... Лейла Мунтаева. https://t.me/ibratli_sozler

Әтирапымызда не болып атырғаны маңызлы емес. Ең баслысы, бизиң ишки дүньямызда не болып атырғанында... Адамлар өз ҳәрекетлери
Әтирапымызда не болып атырғаны маңызлы емес. Ең баслысы, бизиң ишки дүньямызда не болып атырғанында... Адамлар өз ҳәрекетлери менен сениң көп сораўларыңа жуўап береди... Өтирикке исенип қуўанғаннан, ҳақыйқатты билип ашыўланған артық ... Өмир дегенимиз өмирге өкпелемейтуғын адамларды ғана жақсы көреди... Өмир – ойын. Баслы реже - өзиңе ҳадал болыў. https://t.me/ibratli_sozler

Толыбай Төрениязов https://t.me/ibratli_sozler