en
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Open in Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Show more

📈 Analytical overview of Telegram channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) in the Kazakh language segment is an active participant. Currently, the community unites 18 787 subscribers, ranking 4 324 in the Religion & Spirituality category and 447 in the Kazakhstan region.

📊 Audience metrics and dynamics

Since its creation on невідомо, the project has demonstrated rapid growth, gathering an audience of 18 787 subscribers.

According to the latest data from 10 July, 2026, the channel demonstrates stable activity. Although there has been a change in the number of participants by -272 over the last 30 days and by -14 over the last 24 hours, overall reach remains high.

  • Verification status: Not verified
  • Engagement rate (ER): The average audience engagement rate is 28.31%. Within the first 24 hours after publication, content typically collects 20.04% reactions from the total number of subscribers.
  • Post reach: On average, each post receives 5 319 views. Within the first day, a publication typically gains 3 764 views.
  • Reactions and interaction: The audience actively supports content: the average number of reactions per post is 44.

📝 Description and content policy

The author describes the resource as a platform for expressing subjective opinions:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Thanks to the high frequency of updates (latest data received on 11 July, 2026), the channel maintains relevance and a high level of publication reach. Analytics show that the audience actively interacts with content, making it an important point of influence in the Religion & Spirituality category.

18 787
Subscribers
-1424 hours
-447 days
-27230 days
Posts Archive
СОРАЎ❓ Бул химиялық элемент тәбиятта барлық нәрседе бар. Ол болмаса таслар кесекке айланып, өсимликлер қуўрап қалады. Атом массасы 56, тәртип номери 26. Бул қайсы элемент❓
Anonymous voting

"Дәрьяда суў мол болады" қосығы кимниң қәлемине тийисли?
Anonymous voting

САЎМАЛ сөзи қайсы тараўға тийисли сөз?
Anonymous voting

"ӨКИРЕН ҚАҒЫЎ"
Anonymous voting

Қаламыздағы тез қыстаўлы жәрдем емлеўханасының қасындағы дəриханалардың биринде едим. Меннен əўели кирген 4-5 қарыйдар өзине керекли дəрилерин алып, избе-из шығып кетти.Шетиректе 18-19 жаслар шамасындағы өспирим жигит меннен бурын келсе де , хешнəрсе алмай тура бериўи дыққатымды тартты. Ойымша хəммениң шығып кетиўин күтип турғандай . Мен де көрмегенсип шетлеў жылыстым. Өспирим жигит тез қыймыл менен дəриханашының алдына барды . - Анамның ден-саўлығы төменлесип усы емлеўханаға түсип еди. Қасымда пулым да қалмады, дəрини тез жеткериң деп атыр шыпакери , паспортымды берсем дəри берип тура аласызба ?- өспирим жигиттиң дауысы дирилдер, қоллары да қалтырап көзинен жас дөңгеленер еди . Бул жағдайды көрип турған бир ағай шыдай алмады. Дəриханашыдан дəриниң суммасын сорады . - 300 мыңнан көплеў ,-деди. Сумкасын ашты да айтылған пулды дəриханашыға берди. Өспирим жигитке қарап : Бергеним қарыз емес, анаңа жақсылап қара, мениң баламды тəўир болып кетсин деп тилек тилесең болды ,-деди. Өспирим қолларын ашты, бирақ сөйлей алмады , қоллары менен жүзин жауды , анығырағы көз жасларын алақанлары менен жасырды... https://t.me/ibratli_sozler

photo content

ӨМИР ҚАЙСЫ ИСЛЕРИМЕ БЕС" ҚОЙДЫҢ Тайғақ, гедир-будыр тәғдирлер өтти, Бул дүньядан жақсы да, жаман да кетти, Қайсы жалынышым Тәңриме жетти, Өмир қайсы ислериме "бес" қойдың? Бәлким "бес"леримнен "еки" лерим көп, Бәлки жақсы истен, жаманлары көп, Булардың ҳәммесин өлшейсиз сиз тек, Өмир қайсы ислериме "бес " қойдың? Гейде налынғаным болды ма билмей, Жаманларды жақлап, жақсыны көрмей, Бирақ жыртығына ҳешкимниң күлмей, Бәлким усы ислериме "бес" қойдың!? Жәрдемлестим"көзли" көрсем жетелеп, Перзентиме саўаплары тийсин тек, Жанларыма жақын жақсылар дерек, Өмир сабағынан қашан "бес" қойдың? Ата-ана сөзин еки етпедим, Ҳеш ўақытта байлық топлап кетпедим, Бирде жетсе, гей бирине жетпедим, Өмир қайсы күнлериме "бес" қойдың? Гейде қуўаныштан толып тасқанман, Тап келгендей әрманларым аспаннан, Гей ислерде ийбе менен жасқанған, Өмир қайсы ислериме "бес" қойдың? Өзиң биледурсаң, өзиң тәрези, Ал, мен болсам бир Аллаға гәрезли, Қысқа еттим, узын сөздиң тереси, Өмир қайсы ислериме "бес" қойдың? Зульфия Турымбаева https://t.me/ibratli_sozler

Буннан басқа да, ат жабыў, тоқым, дизгин, таға, қанжыға, қурық, қазық ҳәм тағы басқа буйымлары болады. Автор: Shahzoda Allamuratova. https://t.me/ibratli_sozler

«««««««ЕР~ТОҚЫМ»»»»»»» {Қарақалпақша түрлери} Халқымыз көшпели турмысындағы жылқының орны айрықша. Жаяў адам алысқа баралмайды, жумысларын ўақтында питкере алмайды,ал астыңда атың болса, "қашқанда қутылып, қуўсаң жетип",-дегендей тиришиликтиң сәни киреди. Ат минип, жылқы услаған адамда, әлбетте, жылқыға тийисли буйымлар саз болыўы шәрт. Жылқыға тийисли буйымлар~ағаш усташылығы, зергерлик өнерлери, көншилик ислеў бериўди талап ететуғын буйымлар. Биз төменде сол буйымлардың түрлерине қолдан келгенше сыпатлама берип өтемиз. ЖЫЛҚЫҒА ТИЙИСЛИ БУЙЫМЛАР: Ер, жона, ноқта, жүуен, айыл, шап айыл, төслик, тоқым, жабыў, зәңги, таралғы, айлан соқ, суўлық, дизгин, таға, қамшы, қарынша, дорба, қанжыға, қазық, қурық, арқан, терлик, тебинги, ат көзлик, аттың дууа басы, жүўен қас, омыраўлық, тусаўлық жип ҳәм тартпа. 1.ЕР~қарақалпақларда ер:--ақ баслы ер, ағаш ер, ешек ер, жадағай ер, арба ер, шашақ ер деп, ҳәр түрли түрлерге бөлинип,атларынан көринип турғанындай, ерлердиң қолланылатуғын орынлары болады.[1-сүўрет]. Ер көбинесе ерик,ақ тал сыяқлы өз жеримизде өсетуғын ағашлардан соғылады.Ерди қәлеген адам соға бермейди,бул жумыс арнаўлы ағаш усталарының қолынан өтеди. Ерди былғары териден қаплап,мыс шегелер менен сулыўлап, нағыс ояды. Негизи ердиң өзине темир шеге қағылмайды, тек сыртын тери менен қаплағанда бир-еки жерине сулыуўлық ушын қағады. Аттың ақ баслы ери--ең баслы мүлки болып есапланады. 2. ТЕРИ: Жылқыға тийисли буйымларды ислеўде тери баслы орынды ийелейди.Териден ислене туғын буйымлар, халқымызда "көншилер" деген ат алған кәсип ийелериниң қолынан өткен. Тери түрлеринен:-жылқының териси ҳәм ири қара мал териси пайдаланылады. Тери менен ердиң сыртын қаплайды, жонаның үсти тери, асты кийизден болады, қамшы өриледи, ноқта тигиледи. Терини айранға салып, буқтырып (демлеп) қояды,соң шығарып, ийлеп, ағаш пенен ысқылайды, соң анық бабына келгенше ислеў берилип болған соң, тери ҳәр түрли буйым соғыўға таяр болады. 3. ЖОНА~ер аттың арқасына батпаслығы ушын астына салынатуғын буйым [3-сүўрет]. Жоқарыда айтып өткенимиздей, жонаның үсти тери менен қапланып, астына соған ылайықлап кийиз салынып сырып тигиледи. 4.ЖҮЎЕН~ат минген жигит ушын ең кереклиси болып, атты басқарыўда машина роли хызметин атқарады.Жүўенниң еки басына суўлық (темир) тағылып, аттың аузына кийгизиледи.Суўлық көбинесе асау, үркек ат мингенде пайда береди. 5. ҚАМШЫ~бул да жылқыны басқарыў, жөнге салыў ушын қолланылады. Қамшының сабы ағаштан болып, ағаштың сырты узынына тилинген тери менен өриледи, сол өримниң ағаштың басына шыққан тәрепи нағысланып, қыздың бурымын өрген тәқилетте өрилип, белгили өлшемде ушы түйилип, майда шашақшалар исленеди. Қамшылардың сабына гейде тери қапланбауы да мүмкин, бундай жағдайда, нағыслы,түйинли, қандайда сулыў көринис беретуғын ағаш путағынан пайдаланып, қосымша безеў берилип қойылады. Қамшы ислеўде усталар сапалылық тәрепин баслы орынға қойып, өзгеше безеўлер береди,бул шеберден көп мийнетти талап ететуғын майда жумыс. 6. АЙЫЛ, ТАРТПА~айыл ердиң аттың үстинде беккем турыўын тәмийинлеуўши белгили өлшемдеги, узынша, енли лентадай буйым, қарын тусынан ҳәм қарын артқы жағынан "шап айыл" тартылады. Жылқының ери алдыға кетпейди, ол басын тик көтерип жүретуғын жәниуар. Сол ушын ешекке тартылатуғын "қуйысқан айыл" бунда болмайды. Жылқының "бир ишек"- деп аталатуғын түри қарны жоқ болып келеди, сондай түрине "омыраулық" деп аталатуғын айыл тағылады. 7. ЗӘҢГИ~ердиң еки қапталына териден исленген қайыслар менен бекитилип, темирден соғылған буйым. [4- сүўрет]. Зәңги атқа миниў ушын хәм ат үстинде аяқ талмаў ушын қолланылатуғын буйым. Зәңги "темирши" усталарымыздың қолынан өтеди, "гүмис зәңги"-деп сыртына гүмис пууы берилип, нағысланып исленетуғын,арнаулы салтанатлы безелген зәңги хәм темир зәңгилер болады. 8. ДОРБА-жолға шыққанда атты жемлеў ушын қосымша арпа, сулы сыяқлы жем салып жүретуғын қалта. Дорба да жемлегенде аттың басына кийгизилетуғын болғанлықтан,тез жыртылмайтуғын териден, ямаса беккем материалдан тигилип, белгили өлшемде баў тағылады.

photo content
+3

Хəмме де бизге көрингениндей емес. Көрингенлер болса биз ойлағандай болмауы мүмкин ... Биреудиң сыртынан баха бериуге хеш асықпаң ! https://t.me/ibratli_sozler

photo content

photo content

Әмет Тарийхов 1989-жылы 20-августта қайтыс болды. Бирақ өмириниң ақырғы күнлерине шекем Радио ҳәм телевидение арқалы концертлерге қатнасып халқымызға хызмет етти. Қарақалпақ халық бақсышылығының ҳәзирги күндеги белгили ўәкили болған Әмет бақсы Тарийхов халық дәстанларын ҳәм қосықларын атқарып оларды жәмийетшилик арасында үгит –нәсиятлаўда, сондай-ақ халқымыздың әсирлер бойы топлаған баҳалы фольклорлық мийрасын сақлап жеткериўде оғада кѳп хызметлер етти.Қырық жылдан аслам Республикамыздың барлық аўыл ҳәм қалаларында,қоңысылас ўәлиятларда,Түркменстан,Қазақстан Республикларының тамашагѳйлеринде ѳзиниң бай репертуары ҳәм бәлент лапызлы қарақалпақ миллий ырғақларына толы әжайып ҳаўазы менен ѳшпес из калдырды.Миллий бақсышылық өнери менен көп жанрлы ҳәзирги қарақалпақ көркем-өнеринде гиреўли орын тутып, сондай-ақ қарақалпақ халқының әсирлер бойы топлаған баҳалы фольклорлық мийрасын ҳәзирги заманға жеткериўге өзиниң салмақлы үлесин қосты. 1991-жылы халқымызға белгили бақсының елимизге кѳрсеткен үлкен хызметлерин әдил баҳалаў ҳәм оның атын мәнгилестириў ҳаққындағы ѳтинишлери бойынша ол жасаған Репин кѳшеси Әмет бақсы Тарийхов атына қойылды, 2002-жылы Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң топономикалық объектлердиң атамалары мәселелерин муўапықластырыў бойынша Республикалық комиссиясы мәжилисиниң 2002-жыл 26-июльдеги 16-08\179-санлы протоколлық шешими тийкарында Нѳкис қалалық 2-санлы балалар музыка мектебине Әмет бақсы Тарийхов аты берилди.(ҳәзирги 12-санлы БМКӨМ) 2019-жылы 9-октябрь күни Қарақалпақ Мәмлекетлик Жас тамашагѳйлер театрында «Ѳзбеккино» миллий агентлиги «Қарақалпақфильм» киностудиясы тәрепинен сүўретке алынған Әмет бақсы Тарийхов ҳаққындағы «Бәлент лапызлы бақсы» ҳүжжетли фильминиң премьерасы болып ѳтти. Дерек :ққ.этнография https://t.me/ibratli_sozler

Әмет бақсы Тарийховтың өмир жолы. Әмет Тарийхов 1923-жылы Қарақалпақстанның Қараөзек районы, бурынғы Калинин атындағы совхоздың аймағында Есим бойы Сағанай қуйын деген аўылда туўылған. Әкесиниң киши-гирим моллашылығы болған, бирақ семьясы жүдә жарлы болғанлықтан күн көриў ушын дийханшылық ислери менен шуғылланған. Репрессия дәўиринде Қарақалпақстанда саўатлы адамлардың қуўдаланыўы себебинен Әмет Тарийхов жаслайынан ата-анасынан жетим қалып, ағайинлериниң қолында тәрбияланады. Әмет Тарийхов 1935-жылы 12 жасында ликбезге (ликвидация безграмотности) оқыўға кирип 4 жыл оқыған. Ол ата-бабасында бақсышылық болмаса да аўылға келген бақсы-жырыўларды түни бойы уйқыламай тыңлайтуғын еди. Бул дәўирде, әсиресе 20-жыллардың ақыры, 30-50-жыллары бақсышылық өнери өзиниң атқарылыўы жағынан революциядан бурынғы миллий классикалық формасын сақлаған еди.Жыраў-бақсылар қур жыйнап, үлкен клубта,я сейисханада айтатуғын еди. Сол бақсы-жыраўлардың әсиресе Изимбет жыраў, Әбдирасули жыраў, Есжан бақсы, Төребай бақсылар Әмет Тарийховта үлкен тәсир қалдырған еди. 1940-жылы ол Ленин атындағы колхозға табельщик болып өз мийнет жолын баслады. 1943-жылы сентябрь айында фронтқа кетти. Усы 1943-жылдан 1944-жылдың июнине дейин ҳәрекеттеги Белоруссиядағы 820-атқышлар полкында хызмет етеди. Витебск тоғайында болған саўашта көзинен жарадар болып урыстан қайтып келеди. 1944-45-жыллары туўылған аўылында табельщик хызметин даўам етеди. Усы урыс дәўиринде ҳәм урыстан кейинги жыллары Қарақалпақстанның бақсы-жырыўлары халқымызды немец-фашист басқыншыларына қарсы патриотизм руўхында тәрбиялаўда халық арасында қарақалпақ қаҳарманлық дәстанларын атқарып үлкен хызмет етти. Солардың бири Әмет Тарийхов Есжан Қосполатовтың шәкирти, жүдә айтқыш бақсылардың бири есапланған Қурбанияз бақсыға шәкирт болып, 1945-48-жыллары халық намаларын ҳәм қосықларын, Мақтымқулы ,Бердах,Әжинияз сөзлерине қосықлар, «Қырмандәли», «Ғәрип ашық», «Саятхан-Хамра», «Юсупбек», «Базирген» қусаған дәстанларды үйренип бирге бақсышылық етти. 1948-жылы устазы Қурбанияз бақсыдан пәтия алып өз алдына ел аралап бақсышылық ете баслады. 1950-жыллары Нөкис қаласына көшип келип Қарақалпақстан радио комитетине жумысқа киреди. Бул жерде ол атақлы Есжан, Жапақ, Тыныбай бақсылар, жыраўлардан Қурбанбай, Қыяс ҳәм Қойлы,Мәмбет ғыржекшилер, Қутым,Юлдаш баламаншылар менен бирге ислести. 1956-жылдан 1983-жылға шекем Қарақалпақстан Мәмлекетлик филармониясы артисти, бақсы болып ислеп Республикамыздағы көп концертлерге қатнасып, радиодан шығып республика мийнеткешлерине кеңнен танылды. 1957 ҳәм 1967-жыллары Ташкент қаласында өткерилген Қарақалпақ искусствосы ҳәм әдебияты күнлериниң қатнасыўшы болды ҳәм Өзбекстан ССР Жоқарғы Совети Президиумының Ҳүрмет жарлығы менен наградланды. Уллы Ўатандарлық урыс қатнасыўшысы сыпатында оның бир қанша наградалары бар. Оның атқарған дәстанлары, қосықлары, намалары фольклористлер,көркем-өнер изертлеўши илимпазлар тәрепинен магнит пленкасына жазып алынған ҳәм хатқа түсирилген. 1967-жылы бақсышылық тараўындағы үлкен хызметлери ушын «ККАССР на мийнети сиңген артист» деген ҳүрметли атақа миясар болды. Қарақалпақ бақсышылық ѳнеринде ѳзиниң шеберлик мектебин жаратқан Әмет бақсы Тарийхов бир қанша бақсыларға устаз болды. Олардан: Қайыпназар Реймов, Қоңыратбай Жақсымуратов, Жумамурат Назаров, Қалбай Қалжанов ҳ.т.б. Әмет бақсы Тарийхов 1983-жылы «Айқулаш» Мәмлекетлик ансамбилинде ислеп жүрип «Қарақалпақстан халық бақсысы» деген атақ алды ҳәм мийнет ветераны, Республикалық әҳмийеттеги персонал пенсионер II группа урыс ветераны болып ҳүрметли дем алысқа шықты.

Əмет бақсы Тарийхов
Əмет бақсы Тарийхов

Қуслар қанатында тас көтермегей. Кирпиклер мөлдиреп жас көтермегей. Дослар бир бирине бас көтермегей. Дунья турғанынша турсын
Қуслар қанатында тас көтермегей. Кирпиклер мөлдиреп жас көтермегей. Дослар бир бирине бас көтермегей. Дунья турғанынша турсын десең сен. Ертеңиң келешек кешегиң тарийх. Кун откен сайын сен барасаң қарыйп. Ен жақсы куниң тек бүгин емеспе. Жасайсаң өмирде жаныңды жағыйп. Турмыста көресең көплерди дедим. Өмирден аласаң инсаный сезим. Шын достың коппе деп үлгермей санап. Билесең хаммесин сүрниккен гезин. Өмирде болсаңда туўысқан онлап. Қатнасасаң бауырман болып хəм шынлап . Атаңа анаңа жалғызсаң билсең. Ялғаншы дуньяда көрсең сен сынап. М Айбосынов. Кеңес https://t.me/ibratli_sozler

Бақсы Е.ҚОСПОЛАТОВ "Уатан Ана" https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАЎМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАРЫМ ! Жəне бир əжайып таңға саў-саламат, аманлықта жеткизгенине мың шүкирлер болсын ! Атажақ таң,
АССАЛАЎМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАРЫМ ! Жəне бир əжайып таңға саў-саламат, аманлықта жеткизгенине мың шүкирлер болсын ! Атажақ таң, шығажақ қуяш шаңарағыңызға аманлық, тынышлық хəм мол несийбе алып келсин ! Жолға шыққанларға сəтли сапар , дəртлиге даўа, қəстеге шыпа , ислериңизге берекет берсин ! Жума күниниң берекети сизге болсын қəдирлим! https://t.me/ibratli_sozler