«««««««ЕР~ТОҚЫМ»»»»»»»
{Қарақалпақша түрлери}
Халқымыз көшпели турмысындағы жылқының орны айрықша. Жаяў адам алысқа баралмайды, жумысларын ўақтында питкере алмайды,ал астыңда атың болса, "қашқанда қутылып, қуўсаң жетип",-дегендей тиришиликтиң сәни киреди. Ат минип, жылқы услаған адамда, әлбетте, жылқыға тийисли буйымлар саз болыўы шәрт.
Жылқыға тийисли буйымлар~ағаш усташылығы, зергерлик өнерлери, көншилик ислеў бериўди талап ететуғын буйымлар.
Биз төменде сол буйымлардың түрлерине қолдан келгенше сыпатлама берип өтемиз.
ЖЫЛҚЫҒА ТИЙИСЛИ БУЙЫМЛАР:
Ер, жона, ноқта, жүуен, айыл, шап айыл, төслик, тоқым, жабыў, зәңги, таралғы, айлан соқ, суўлық, дизгин, таға, қамшы, қарынша, дорба, қанжыға, қазық, қурық, арқан, терлик, тебинги, ат көзлик, аттың дууа басы, жүўен қас, омыраўлық, тусаўлық жип ҳәм тартпа.
1.ЕР~қарақалпақларда ер:--ақ баслы ер, ағаш ер, ешек ер, жадағай ер, арба ер, шашақ ер деп, ҳәр түрли түрлерге бөлинип,атларынан көринип турғанындай, ерлердиң қолланылатуғын орынлары болады.[1-сүўрет].
Ер көбинесе ерик,ақ тал сыяқлы өз жеримизде өсетуғын ағашлардан соғылады.Ерди қәлеген адам соға бермейди,бул жумыс арнаўлы ағаш усталарының қолынан өтеди.
Ерди былғары териден қаплап,мыс шегелер менен сулыўлап, нағыс ояды. Негизи ердиң өзине темир шеге қағылмайды, тек сыртын тери менен қаплағанда бир-еки жерине сулыуўлық ушын қағады.
Аттың ақ баслы ери--ең баслы мүлки болып есапланады.
2. ТЕРИ:
Жылқыға тийисли буйымларды ислеўде тери баслы орынды ийелейди.Териден ислене туғын буйымлар, халқымызда "көншилер" деген ат алған кәсип ийелериниң қолынан өткен.
Тери түрлеринен:-жылқының териси ҳәм ири қара мал териси пайдаланылады.
Тери менен ердиң сыртын қаплайды, жонаның үсти тери, асты кийизден болады, қамшы өриледи, ноқта тигиледи.
Терини айранға салып, буқтырып (демлеп) қояды,соң шығарып, ийлеп, ағаш пенен ысқылайды, соң анық бабына келгенше ислеў берилип болған соң, тери ҳәр түрли буйым соғыўға таяр болады.
3. ЖОНА~ер аттың арқасына батпаслығы ушын астына салынатуғын буйым [3-сүўрет]. Жоқарыда айтып өткенимиздей, жонаның үсти тери менен қапланып, астына соған ылайықлап кийиз салынып сырып тигиледи.
4.ЖҮЎЕН~ат минген жигит ушын ең кереклиси болып, атты басқарыўда машина роли хызметин атқарады.Жүўенниң еки басына суўлық (темир) тағылып, аттың аузына кийгизиледи.Суўлық көбинесе асау, үркек ат мингенде пайда береди.
5. ҚАМШЫ~бул да жылқыны басқарыў, жөнге салыў ушын қолланылады. Қамшының сабы ағаштан болып, ағаштың сырты узынына тилинген тери менен өриледи, сол өримниң ағаштың басына шыққан тәрепи нағысланып, қыздың бурымын өрген тәқилетте өрилип, белгили өлшемде ушы түйилип, майда шашақшалар исленеди.
Қамшылардың сабына гейде тери қапланбауы да мүмкин, бундай жағдайда, нағыслы,түйинли, қандайда сулыў көринис беретуғын ағаш путағынан пайдаланып, қосымша безеў берилип қойылады.
Қамшы ислеўде усталар сапалылық тәрепин баслы орынға қойып, өзгеше безеўлер береди,бул шеберден көп мийнетти талап ететуғын майда жумыс.
6. АЙЫЛ, ТАРТПА~айыл ердиң аттың үстинде беккем турыўын тәмийинлеуўши белгили өлшемдеги, узынша, енли лентадай буйым, қарын тусынан ҳәм қарын артқы жағынан "шап айыл" тартылады.
Жылқының ери алдыға кетпейди, ол басын тик көтерип жүретуғын жәниуар. Сол ушын ешекке тартылатуғын "қуйысқан айыл" бунда болмайды.
Жылқының "бир ишек"- деп аталатуғын түри қарны жоқ болып келеди, сондай түрине "омыраулық" деп аталатуғын айыл тағылады.
7. ЗӘҢГИ~ердиң еки қапталына териден исленген қайыслар менен бекитилип, темирден соғылған буйым. [4- сүўрет]. Зәңги атқа миниў ушын хәм ат үстинде аяқ талмаў ушын қолланылатуғын буйым.
Зәңги "темирши" усталарымыздың қолынан өтеди, "гүмис зәңги"-деп сыртына гүмис пууы берилип, нағысланып исленетуғын,арнаулы салтанатлы безелген зәңги хәм темир зәңгилер болады.
8. ДОРБА-жолға шыққанда атты жемлеў ушын қосымша арпа, сулы сыяқлы жем салып жүретуғын қалта. Дорба да жемлегенде аттың басына кийгизилетуғын болғанлықтан,тез жыртылмайтуғын териден, ямаса беккем материалдан тигилип, белгили өлшемде баў тағылады.