en
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Open in Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Show more

📈 Analytical overview of Telegram channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) in the Kazakh language segment is an active participant. Currently, the community unites 18 785 subscribers, ranking 4 324 in the Religion & Spirituality category and 447 in the Kazakhstan region.

📊 Audience metrics and dynamics

Since its creation on невідомо, the project has demonstrated rapid growth, gathering an audience of 18 785 subscribers.

According to the latest data from 10 July, 2026, the channel demonstrates stable activity. Although there has been a change in the number of participants by -272 over the last 30 days and by -14 over the last 24 hours, overall reach remains high.

  • Verification status: Not verified
  • Engagement rate (ER): The average audience engagement rate is 28.31%. Within the first 24 hours after publication, content typically collects 20.04% reactions from the total number of subscribers.
  • Post reach: On average, each post receives 5 319 views. Within the first day, a publication typically gains 3 764 views.
  • Reactions and interaction: The audience actively supports content: the average number of reactions per post is 44.

📝 Description and content policy

The author describes the resource as a platform for expressing subjective opinions:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Thanks to the high frequency of updates (latest data received on 11 July, 2026), the channel maintains relevance and a high level of publication reach. Analytics show that the audience actively interacts with content, making it an important point of influence in the Religion & Spirituality category.

18 785
Subscribers
-1424 hours
-447 days
-27230 days
Posts Archive

_Шымбайым_сл_Байнияз_Кайыпназаров_муз_Х_Турдыкулов_.mp31.89 MB

photo content

Досы көп пенен сөйлес, Досы жоқ пенен ........ " ✅ Нақылды даўам етиң?
Anonymous voting

Сақый – дос көбейтеди, Бақыл – ......... " ✳✳✳ Нақылды даўам етиң?
Anonymous voting

" Бир көргенде - таныс, Еки көргенде - билис, Үш көргенде аттан түсип ........ " 📖 Нақылды даўам етиң❓
Anonymous voting

"Жылдың келиси, ........ " ❓ Нақылдың даўамын табың?
Anonymous voting

Ер адамға аңсат емес... ❗️Шаңарағым, бала-шағам деп дүзде тынбай ислеп жүреди... ❗️хожалық деген жүкти ийнинде көтерип жүреди
Ер адамға аңсат емес... ❗️Шаңарағым, бала-шағам деп дүзде тынбай ислеп жүреди... ❗️хожалық деген жүкти ийнинде көтерип жүреди... ❗️перзентлеримди бағыўым керек деп жумыс бетинде адамлардың гəп-сөзин көтереди.. ❗️əжапа-қарындаслары бар болса олар ушын да тəшўишленип кемис-қутығын пүтинлеп жүреди.. Хəммесин ислеп болған соң үйге барып дем алыўдың орнына анасы хəм хаялы ортасындағы қатнасық деген тəрезини көтерип турады. Мениңше ең аўыры усы болса керек... Əзийз əжапа- сиңлилерим өмирлик жолдасыңыздың анасын қанша қəдирлесеңиз , сизден туўылған перзентлер де ертеңги күни сизди қəдирлейтуғын өмирлик жолдас таңлаўына ийманым кəмил... Ю.М. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

ЕЛ АТАСЫ БАРАР СОҢҒЫ ЖОЛЛАРДА... Адамның айтқаны болмас ўа дарийғ, Ҳүким Алладан, биз бендемиз ғәрийп. Туўысына сыймай жүз жыллық тарийх, Ел атасы кетти соңғы жолларға... Жүз жасқа бир ҳәпте бир ай қалғанда, Ел қыйналды әжел шаңын салғанда... Ойламаған ислер болар ялғанда, Ҳешким қыймай атыр соңғы жолларға... Күтпегенде кетип қалып Полаты, Ғам-қайғыдан аўырласып ҳалаты, Перзент дағы жанына от салады, Ел атасы муңлы қалды  жолларда... ...Қарақалпақ жерин гүллерге бөлеп, Жақсыларын шыңға шығарды елеп. Елим деп перзентлик парызын төлеп, Ел атасы кетти соңғы жолларға.. Сөйлегенде сөзи сондай салмақлы, Ел перзенти еди елде ардақлы. Халқын алға илгерилетип жән-жақлы, Елин салып кетти даңғыл жолларға. ...Дөҳметли күнинде күлгенлер болды, Изинен ийт болып үргенлер болды. Ким оған ор қазса жуўадай солды, Күн айланбай өзи түсип орларға. Қайтар дүнья бәри түсти жайына, Ел-халқы гүллерин төсеп пайына. Тәрийп сөзи жетпей теңи-тайына, Қыймай турмыз бүгин соңғы жолларға... Атың ел аўзында аңыз дүр, алмаз, Еткен жақсылығың елеўсиз қалмас. Ҳеш биреў Қәллибек Камалов болмас, Халқың гүзетпекте соңғы жолларға...         *   *   * Адамның айтқаны болмас ўа дарийғ, Ҳүким Алладан,биз бендемиз ғәрийп. Тилде дәстан болып жүз жыллық тарийх, Ел атасы барар соңғы жолларда..  ✍ Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА 12 февраль,2026 жыл. https://t.me/gulnara_nurlepesova

КЕЛИН ТАҢЛАЎ Еки кемпир балаларына қолайлы қыз излеп дөгерек-даштағы аўылларға шығыпты."Қызлары бар" деп еситкен бир үйге келгенде, қас қарайып, күн батқан екен. Кемпирлер сол үйде қонып, қыздың анасы менен аннан-мыннан сөйлесип, азанда ҳеш нәрсе айтпастан жолға шығыпты. ---Қызын сорамадың ғо?--депти бир кемпир екиншисине. ---Сорамағаным, шешеси бизлер менен сөйлесип отырғанда ошақтағы қуман пақырлап қайнап-қайнап қурып қалды. Сол қуманды я шешеси оттан алмады, я қызлары. Айтпасаң, өзи билип ислемейтуғын қызларды келин етким келмеди. ---Өзиң неге қызларын сорамадың?--депти әдепки кемпир оған. ---Сорамағаным, өзиң көрдиң, бизлер барғанда, қас қарайып, қараңғы түсип еди. Қораның басында күндиз жуўған кирлери жайыўлы тур екен. Сол кирлерди азанға дейин я шешеси болып, я қызлары болып ишке әкелмеди. Соның ушын мен де, түртпесең билмейтуғын нашарды келин етким келмеди. * * * * * * * * * * * * * * * * * * * * Бир кемпир қоңсы аўылда үш қызы бой жетип отырған ҳаялдың үйине қызларының биреўин сорап барыпты. ---Қайсысын сорайсаң?--депти қызлардың анасы. Мениң үш қызым теңдей бой жетип отыр, сизге епли келин керек пе, сепли келин керек пе? ---Сен берген сеп маған дүнья болмас,--дейди қызын сорап келип отырған кемпир. --Маған епли қызыңды бере-ғо, себин үйге барған соң өзи-ақ дүзетип алар. М.Нызанов #қарақалпақлар. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Қарақалпақ елиниң көрнекли ғайраткери Елимизди ел қылған ел басшы атамыз Қаллибек Камалов 100 жасында әлемнен өтти. ХОШ БОЛ АТАЖАН !. Еңиреген елимди қатарға қосып , Қуўандым халық болып дәрьядай тасып . Дийханшылық етип тың жерлер ашып , Халқым қарны тойған еди Атажан . Шүтик шыралардан пүтин ўаз кешип , Сәўирдиң самалы жағымлы есип . Пахта , салы егип суўларды кешип , Халықты жанландырып едиң Атажан . Жаслардың билимли болмағы ушын , Илимнен үйренип қалмағы ушын . Университет Нөкистен салмағы ушын , Көп мийнетлер етип едиң Атажан . Темир жол әкелип Нөкис орайға , Көп имарат қурдың келсе қолайға . Қаҳарманлық жулдыз тақтың талайға , Мийнетлерин баҳаладың Атажан . Гүллендирдиң аўыл менен қаламды , Шарўадан жайнатып алтын даламды . Қутлықладың милионыншы балаңды , Бахтың жанып турған ўақта Атажан . Өмир ушын тарттың дәўир кәрўанын , Халқымның енгизип диңке - дәрманын . Орынлаттың келешектиң әрманын , Жайың мудам төрден сениң Атажан . Ар намысы ушын шаптың елим деп , Суўлар сорап теңизим деп көлим деп . Гүлленгей деп ана журтым жерим деп , Халқың ушын бир тынбадың Атажан . Аўыр сынақларды бастан кеширип , Қоймақ болды жарық күнди өширип , Ҳақыйқатлық сәл ийбенди кешигип , Зол зардапты жеңип келдиң Атажан . Сиз баслаған кәрўан жоллар гүл болды , Жаңа заман дүзеп көрсетти жолды . Қарақалпақ ели қандай ел болды , Бәри сизиң арқаңызда Атажан . Бир әсир жасапсыз санаўлы бармақ , Төрт қатар диздим мен сол ушын арнап . Кимге несийип етер 100 жасқа толмақ , Жәннетий екенсиз билсем Атажан . Халқың тур ғайраты күште билекте , Тартынбас мийнети болса керекте . Әўлад есте сақлар мудам жүректе , Тирениш тахтымыз хош бол Атажан !!! Жайыңыз жәннеттен болғай !. Жаңабай Баймуратов Қанлыкөл районы. 11 - февраль 2026 жыл. https://t.me/ibratli_sozler

КЕЎИЛ БИЛДИРИЎ !!! ~~~ Ассалаўма әлейка ! Қәллибек ата, Қарақалпақ халқы, қайғыда ата, О дүньяда жайың жәннет болсын-деп, Путкил халық дуўа, қылмақта ата. Қәллибек Камалов дүньядан өтти, Жасаған дәўири, жүз жасқа жетти, Шерек әсир Қарақалпақты басқарып, Ел перзенти болып, келди де кетти. Қарақалпақ халқының ардақлы улы, Туўылдың, жигирма алтыншы жылы, Ел ағасы болып жүз жылды жасап, Дүньяны тәрк етти, Алланың қулы. 'Ел хызмети' китабы, тарыйқы дастан, Тек халықты ойладың, әўели бастан, Қарақалпақ халқына әдиўли перзент, Деген атты халық "Қәлби" не жазған. Ел перзенти деген Сиздей болады, Соңғы аўладларың, өрнек алады, Өзин емес халық ғамын ойлаған, Әлбетте 'жәннет' тен орын табады. Хызметлериң, "садахаий" жәрия, Еткен исиң, "шәриятлық" тәрбия, Қуранда саўапқа жәннет жазылған, Бейиштен несийбе бергей о дүнья. *** Ардақлы нураный; Нур. Иман ҳажы. Иманалиев Хожели 12.02.2026-жыл. https://t.me/ibratli_sozler

Үлкен қахарманлық. Кишкене қызымның кем-кемнен иштейи жоғалып , жүдə аз аўқат жейтуғын болып қалды. Бир күни хаялым қызыма аўқатын жегизе алмай атырғанынан арыз етти. Асханаға барып қызымды аўқат жеўге көндириўге хəрекет еттим. Ол болса көзинде жас пенен : - Егер аўқатымды таўыссам мениң бир өтинишимди орынлайсызба ?,-деп сорады. Мен болса ойлап та отырмай : Ўәде беремен қызым ,-деп жасларын сыпырдым. Буның не қыйын тəрепи бар. Қызым бир ойыншық я кийим-кеншеклерди алғысы келген шығар дə... Мениң ўəдемди алған соң табақтағы аўқаттың бəрин таўысып жеди.Кейин хеш күтилмегенде : Мен шашымды алдырып таслаўды қəлеймен ,-дегенине хайраным шығып не деримди билмедим. Хаялым да аң-таң болды. Себеби қызым белине түсетуғын узын шашы менен мақтанатуғын еди. Бул пикир оның мийине қалай келди екен ? Хаялыма қарайман : -Шашына не болған өзи ? -Шашлары тап-таза,-дейди ол да таңланып. Соннан кейин қызыма жалыныўға қарадым.Ўəдемди басқа нəрсеге алмастырыўды айттым. Ең жақсы кийим яки ойыншық əперейин десем де көнбеди. Қызым болса жасы мөлтилдеп:- Маған уəде берип едиңизғо.Берилген ўəдени орынлаў керек деп өзиңиз айтып едиңиз, -деди əбден езилип. Мен илажсыз едим. Негизинде улларыма қарағанда қызымды көбирек жақсы көрер едим-дə. Оның еркеликлери, жумыстан келсем мойныма асылып , əжағалары не бүлдиргенин айтып шағым еткенлери маған қуўаныш бағышлайтуғын еди. Қызымның кеўлин сындырғым келмеди. Хаялымның қарсылығына қарамай шаштəрезханаға жол алдық. Бир майданда қызымның суп-сулыў шашлары жер менен тең болып жатар, қызымның басы тап-тақыр түске енген еди. Үйге қайтып баратырғанымызда да, ертесине мектепке киятырғанымызда да қызым қатты қуўанышлы еди. Бирақ ол қуўанышы мектепке барған соң балалардың "о тақыр бас " деген ермеклеринен соң жоғалыуын хəм қызымның руўхыятына тəсир етиуинен қəуетерде едим. Мектепке жетип барғанымызда қызым машинадан секирип түсти де класына қарай шапқылап кетти. Бир ўақта арқадан бир баланың қызымды шақырғаны еситилди. Мен дəрриу сол тəрепке қарадым. Кишкене бала қуўанып жууырып киятыр.Қызығы , сол баланың басы да қызымдикиндей тап-тақыр! Хайран болып турған едим, қасыма бир хаял келип баланың анасы екенин таныстырды хəм : - Билесизбе ,-деди хаял шапқылап баратырған балалардың изинен көзинде жас пенен бақлар екен ,- мениң балам аўыр кеселликке шатылған еди, химиялық дəрилердиң нəтийжесинде оның шашларының бəри түсип қалды . Ол хəр күни мектептен муңайып қайтар еди. Қызыңыз балама тəселле берип оны қоллап-қуўатлар екен, олар жақын дослар екен. Өткен күни балам үйге биринши мəрте қууанып келди. Себеби қызыңыз балама , мен де саған уқсап шашымды алдырып келемен, екеўимиз бирдей болып жүремиз деп ўəде берипти. Туўрысы, мен баламның гəпине онша итибар бермеп едим. Қаншелли дос болмасын , қалай да қыз баланың шырайлы шашларын алдырып таслауына исенбеп едим-дə...Бүгин қызыңызды көрип баламның көзлери қуўаныштан парлап кетти.Оны жақын арада бундай жағдайда көрмеп едим. Хəммеси ушын қызыңызға рахмет ! Биз пидайылықты балалардан үйрениўимиз керекпе деймен.... Мен хаялға хеш нəрсе дей алмадым.Шапқылап баратырған қызымның артынан қарар екенмен , мениң жигербентим, мениң кишкене ғана периштем биреў ушын барлығынан кешиўи мүмкинлигин дəлийллегенинен лал едим , хəм көксимде мақтаныш сезимин түйдим....!!!! Юсупова М. аўдармасы https://t.me/ibratli_sozler

❤️ Туўылғанымызда өзин қоярға жер таппай, дүньяға сыймастан , жас баладай "сүйиншилеп" жуўырған... ❤️ Баўырына басып , аймалап "жəннеттиң ийиси" деп мақтанып отырған... ❤️ Бир мыйық тартқанымызды саатлап күтип, оны көрген соң хəмме ғам-тəшўишин пүткиллей умытқан.. ❤️ Биринши қəдемимизге , "папа" деген сөзимизге төбеси көкке жеткен.. ❤️ Биринши алған "5" бахамыздан қуўанған... ❤️ Үйлениў хəрекетин басласақ, көзлеринен мөлт-мөлт жасларын ағызған халда бизге бахыт тилеген бул ƏКЕДУР ... 💔 Əкемиз аўырса өзин қоярға жер таппай " əжаға сен қара ,емлет ...иним сен қара ,мен жумыстаман" деп жуўырған, баўырына зорға басып, ийиси шықса " шомылып алың " деп мурын жыйырған... 💔 Бираз ўақыт сөйлессе, хəзиллессе , тап саатлап қасында отырғандай машқаламызды сылтаў етип шығып кеткен... 💔 Аяқлары аўырып белинен қуўат, көзлеринен нур кеткенде хаса алып берген. Докторлардың "үйиңе қайта берсин " деген жууабынан ашыўы шыққан... 💔 Өлим төсегинде , соңғы мəнзилге таярлық көрип атырғанда , енди не болады, сойыслығын ким алады , келген кеткенге ким жуўапкер дейтуғын бул БИЗ... Ҳүжданың менен ис тут достым .Бул қайтар дүнья .... Ю.М. https://t.me/ibratli_sozler

#пикир Жаксылық кылыўдың үш факти .  Статистикаға қарағанда адамлар арасында Мақсетли жақсылық 60% Дəмели жақсылық 30% Бийғарез жаксылық 10% болып бөлинеди екен . Дослар соның ушын ҳәр биримиз жақсылық етейик бир биримизге жаксылыктын үшинши түри бийғарез жаксылық етиуди əдет кылайық, бул əдетимиз өзимизге əумет перзентлеримизге бахыт келтирсин. Усы бийғарез жаксылық қылыуды инсанлар сизден уйренетуғын болсын. М.Айбосынов. https://t.me/ibratli_sozler

Дилбар Дошбаева "Бағман əйлейин" https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАЎМА АЛЕЙКУМ, ӘЗИЙЗЛЕР! Ҳәрбир атқан таң сәтли ҳәм қайырлы болсын! Таң менен түнниң арасындағы өмириңиз қуўанышлы ўақыял
АССАЛАЎМА АЛЕЙКУМ, ӘЗИЙЗЛЕР! Ҳәрбир атқан таң сәтли ҳәм қайырлы болсын!      Таң менен түнниң арасындағы өмириңиз қуўанышлы ўақыяларға толы болсын!      Сизлердиң шаңарағыңызды шадлық, исиңизди әўмет ҳеш қашан тәрк етпесин! Хут айының 12-сəнеси, хəптениң Пийшемби күни. https://t.me/ibratli_sozler