en
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Open in Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Show more

📈 Analytical overview of Telegram channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) in the Kazakh language segment is an active participant. Currently, the community unites 18 812 subscribers, ranking 4 306 in the Religion & Spirituality category and 442 in the Kazakhstan region.

📊 Audience metrics and dynamics

Since its creation on невідомо, the project has demonstrated rapid growth, gathering an audience of 18 812 subscribers.

According to the latest data from 06 July, 2026, the channel demonstrates stable activity. Although there has been a change in the number of participants by -294 over the last 30 days and by -3 over the last 24 hours, overall reach remains high.

  • Verification status: Not verified
  • Engagement rate (ER): The average audience engagement rate is 27.71%. Within the first 24 hours after publication, content typically collects 19.47% reactions from the total number of subscribers.
  • Post reach: On average, each post receives 5 213 views. Within the first day, a publication typically gains 3 663 views.
  • Reactions and interaction: The audience actively supports content: the average number of reactions per post is 44.

📝 Description and content policy

The author describes the resource as a platform for expressing subjective opinions:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Thanks to the high frequency of updates (latest data received on 07 July, 2026), the channel maintains relevance and a high level of publication reach. Analytics show that the audience actively interacts with content, making it an important point of influence in the Religion & Spirituality category.

18 812
Subscribers
-324 hours
-607 days
-29430 days
Posts Archive
БОЛАЛМАЙМЫЗ АДАМЛАРДАЙ БУРЫНҒЫ Кешириңлер,усы мениң ойымша, Ҳағын айтсам дәрриў демең "қойыңш,а!", Бир тандыр бар еди аўыл бойынша, Болалмаймыз адамлардай бурынғы Гезеклесип сыйласықта жаўысқан, Уўы-зийни қурысып-қылқаўысқан,, Бир хожалық адамындай шаўысқан, Болалмаймыз адамлардай бурынғы. Сасып жатқан сүзбелери тулыпта, Балалығым көз алдымда турыпты-ә! Ҳәтте үйге қыстырыў жоқ қулыпта, Болалмаймыз адамлардай бурынғы. Қоңсы-қоба зат алып,зат берискен, Қушақ ашып, жадырасып көрискен, Гези келсе жарты нанды бөлискен, Болалмаймыз адамлардай бурынғы. Жасы үлкен ер-зайыпқа урысқан, Тәртип берсе қайтадан үй қурысқан, Елдиң аўызбирлигине турысқан, Болалмаймыз адамлардай бурынғы. Ҳәзир гей жас жубай гәпти алмайды, Бет жыртысса бир-биринен қалмайды, Жетим баллар қәйтер нәзер салмайды, Болалмаймыз адамлардай бурынғы. Бири ҳәр ай алиментти ширитер, Бири шалқып бойдақлықты жүритер, Сайт көбейди жәмийетти иритер..., Болалмаймыз адамлардай бурынғы. Енди шын ашық боп тозып-азыў жоқ, "Қызкеткен"ди қолың менен қазыў жоқ, Аббаз,Ибрайымдай пәтли жазыў жоқ, Болалмаймыз адамлардай бурынғы. Жигитлерге күнде атта қуўыў жоқ, Ҳақты ойлап өз нәпсинен суўыў жоқ, Қатынларға артық-аспай туўыў жоқ, Болалмаймыз адамлардай бурынғы. Жолбарыстың жүрегине жериў жоқ, Оқжай тартып қулашыңды кериў жоқ, Алланияздай қолдан жай сап бериў жоқ, Болалмаймыз адамлардай бурынғы. Туўысқанға қол созсам деп барыў жоқ, Емиренип,дәртлесип тис жарыў жоқ, Фарҳадтай суў әкелиўге қарыў жоқ, Болалмаймыз адамлардай бурынғы. ✍Сейдемет ХОЖАМЕТОВ. {Бүлбүлзибан}. https://t.me/ibratli_sozler

Тәбиятта ҳеш нәрсе өзи ушын жасамайды — Салма өз суўын ишпейди. — Тереклер өз мийўесин жемейди. — Қуяш өзи ушын нур шашпайды.
Тәбиятта ҳеш нәрсе өзи ушын жасамайды — Салма өз суўын ишпейди. — Тереклер өз мийўесин жемейди. — Қуяш өзи ушын нур шашпайды. — Гүллер өзи ушын гүллемейди. Ҳәттеки, инсанлар да, «Мен өзим ушын жасайман» десе де, бәри бир кимдур олар ушын өмириниң мазмуны болып есапланады. Жаратылыс бар екен, өзи ушын болмаған нәрселерди басқаларға бериў менен бахытлы. Гүллер кимлердиңдур кеўлин шад етеди. Суў кимлергедур өмир бағышлайды. Сиз де меҳир үлесиң, күлки үлесиң, тилеклес болың, дос болың... ҳәм әлбетте, сизге де бергенлериңизден артығы инам етиледи. Сиз сондай болың, әтирапыңыздағылар сиздей жақыны бар екенлигине шүкир етсин!
paziylet.uz
https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Базаргул Каримова "Опалы бол жаным мухаббатыма". 🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹 https://t.me/ibratli_sozler

#Қутлықлаў 🍃🌹🍃 Ҳүрметли Әжапамыз Дәметкен Сейиткамал қызы! Сизди бүгинги туўылған күниңиз бенен шын-жүректен қутлықлаймыз.
#Қутлықлаў 🍃🌹🍃 Ҳүрметли Әжапамыз Дәметкен Сейиткамал қызы!    Сизди бүгинги туўылған күниңиз бенен шын-жүректен қутлықлаймыз. Сизге узақ жас өмир, дүньяның барлық қуўанышын, жақсылығын тилеймиз. Ден-саўлығыңыз беккем болып, алдымызда  мәңги жасарып жүре бергейсиз!    Әтирапыңыз шадлық пенен  әўметке, меҳир менен мухаббатқа толы болсын! Ақ жаўлықлы әже болың, мәртебеңиз бәлент болсын анажан! 💐💐💐💐💐💐💐💐💐💐💐 https://t.me/ibratli_sozler Сизге ҳүрмет пенен тилек билдириўши "Ибратлы сөзлер" арнасы жәмәәти!

ҚЫЗ БЕНЕН ЖИГИТ АЙТЫСЫ (Шайыр Толыбай Кабуловтың "Салыкеш жигит" қосығынан илхамланып "Қыз бенен жигит айтысы" жанрында жазылды). Қыз: Сен мǝрт салыкешсең, жигитсең ғошшақ, Маңлай териң мисли маржаныӯ моншақ. Мени мǝнгиликке, мǝртликке баслап, Салы атызларын аралат маған. Жигит: Ҳәй сулыў, келдиңбе атыз аралап? Жүрсеңбе мийнеткеш жигит саралап? Бахытқа баслайын қурдай домалап, Салы атызларын сүйсеңиз егер. Қыз:   Жупар хош ийислер зейнимди ашып тур, Гөззаллық дүньясы шуғла шашып тур, Кеӯлим алып ушып, толқынласып тур, Салы атызларын аралат маған. Жигит: Жупар хош ийиске толған атыз бар, Гөззаллық дүньясын шуғла шаштырар, Мийнеттен ырғалған салы атызлар, Шөллесн суў болып аққыл сен мудам.   Қыз: Гөззал елатымда гүл болажақпан, Қуслар қанатында жыр болажақпан, Жазықлықта жыйнап ырғалажақпан, Салы атызларын аралат маған. Жигит: Бир тислем нандыда ҳадал тислеген, Бәрҳа бәнт боламан, ҳадал ис пенен, Салыкешпен, күндиз-түни ислеген, Түнлерде ислесем, жақтым бол маған.   Қыз: Жайнаған жаз болып, жадырап күлип, Қосықлар  айтайын қустай силкинип, Бǝҳǝриң болайын, баҳадыр жигит, Салы атызларын аралат маған. Жигит: Жадырап күлсеңиз жайнатып жазды, Қосықлар айтсаңыз жаңлатып сазды, Бәрқулла қасымда жүрсеңиз назлы, Бәҳәрим болып сен, бахтым бол маған. ✍Толыбай Кабулов ✍Сали Қудайбергенов https://t.me/ibratli_sozler

2_5341748605260704265.mp36.19 MB

Сизге өзгелер жаманлық қылсада, сиз оларға жақсылықты раўа көриң. Сизге өзгелер меҳирсиз болса да, сиз оларға меҳирли болың.
Сизге өзгелер жаманлық қылсада, сиз оларға жақсылықты раўа көриң. Сизге өзгелер меҳирсиз болса да, сиз оларға меҳирли болың. Себеби, жақсылық етиў ҳәм меҳир көрсетиў иллетин Алла сизге инам еткен! Жақсылық етиў ушын бай болыў шәрт емес... Жақсылық етиў ушын күшли болыў шәрт емес... Жақсылық етиў ушын МЕҲИР толы ЖҮРЕК жетерли әзизим! https://t.me/ibratli_sozler

Өкиниш (даўамы) Сиңлим,балаңды алдырып таслайман деп әўере болма,алланың берген жанын қырқпа,сен оны алдыраман деп жүргениңде барыңнан айрылып қалыўың мүмкин-деди Ол жерден шығып емлеўханаға келди тексерилип көрди,ҳаял-қызлар врачы да буның ҳәмледар екенлигин тастыйқлады. Емлеўханадан кеўилсиз қайтқан Замийра көп ойланыўға тап болды,жумысын көзи қыймады,енди тәўирлеў айлық алып баслағанда оны биреўге бериўге көзи қыймады.Күйеўине де айтқысы келмеди,оның қарсы болатуғынын билди. Ўақытты өткере бермей баланы алдырыў ушын таярлық көрди.Жумыстан сәл ертелеў шықты да емлеўханаға барды.Не ушын алдырайын деп келгенине врач та ҳайран.Ол да түсиндириўге ҳәрекет етип көрип еди,пайдасы болмады. Баланы алдырып болып бир майдан дем алып алды да,бақшаға барып баласын алды.Баласы қасында быдырлап сөйлеп,үйренген тақмақларын айтып берип киятыр. Асфальт жолды кесип өте бергени баласы қолынан жаздырылып жуўырып кетти,әстен жүр деп енди айтпақшы болғанында бир машина келди де баласын қағып кетти. Бул ўақыя көз бенен қастың арасында сондай тез жүз берди өзи де ҳеш нәрсени аңлай алмай есин жоғалтты. Емлеўханада өзине келип көзин ашты.Көзиниң ағы-қарасы төрт жасар улы сол жердиң өзинде-ақ жаны үзилген екен.Күйеўине де хабар берилген екен,ол да дәрриў жетип келипти. Замийра бар даўысы менен дад салып жылады,әттең,баласы енди қайтып келмес еди. Қулағында палкердиң,ишиңдегин жоқ қыламан деп жүрип,барыңнан айрылып қалыўың мүмкин деген гәпи қайта-қайта еситилип турғандай еди.. Тамам. ✍Перида Аллекеева. https://t.me/ibratli_sozler

Өкиниш (даўамы) Таң атты.Замийра биринши болып врачқа емес,палкерге барыўды мақул деп тапты.Себеби,өзи исенетуғын бир палкер бар еди,басында машқалалы жағдай пайда болғанда,палға исенбе,палсыз да болма дегендей дәрриў соған баратуғын еди. Палкер түрине қарап отырып бойына ҳәмиле питкенин айтты.Бул гәп Замийраға унамады.Ол жақында ғана сабақларын бир ставкаға толтырып кеўилин жәмлеп еди.Бир муғаллим пенсияға шығып кетип,оның сабақларынан алып,сабағын көбейтип алған еди.Сабақларды биреўге берип қойғысы келмеди,ҳәзир берип кетсем,босанып болып барғаннан кейин бул сабақларды қайтып ала алмаслығын билди.Бул ойын палкер апасы да сезди ме, Даўамы бар.👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

Өкиниш (даўамы) Жигит өзинен еки жас үлкен,сын-сымбаты келискен,ишки ислер тараўында хызмет ислейтуғын жигит екен.Өзи менен бирге ислейтуғын Жумагүл апаның әжапасының баласы екен,иним менен бир сөйлесип көр дегеннен соң,апаның кеўлине қарап,мейли көрсем көрейин деп келисим берди. Жигит шаққан ғана жигит екен.Бурын үшырасып көрген жигитлериндей не айтарын,қай жерге апарарын билмей албыраған жоқ.Қыз бенен танысты да арқайын сөйлесип аламыз деп машинасына мингизди де кафеге алып кетти.Усы ўақытқа шекем көп қыз бенен ушырасып көргенин,бирақ кеўлине отырмағанын,кеўлине унағандай қыз излеп,жүриңкиреп қалғанын жасырып отырмады. Жигит те,қыз да бир-бирин бир көргеннен унатты.Екеўи де усы ўақытқа шекем биз бир-биримизди таба алмай жүр екенбиз деп күлисип қойды.Соның менен тойлары болып,шаңарақ қурды.Жигиттиң ата-анасы да жүдә жақсы адамлар екен.Келин жумсап рәҳәтлениўим керек деп те отырған жоқ,дәрриў бөлек шығарып жиберди. Досларының,кәсиплеслериниң Замийраға ҳәўеси келетуғын еди.Ол жүдә бахытлы ҳаял еди,жумысы бар,күйеўи жақсы,үйи бар,дәскелери бар,бир ул баласы бар,бир ҳаял ушын оннан артық не керек еди?; Усындай күнлердиң биринде Замийраның кеўли айнып,мазасы болмай қалды.Асқазаным аўырған шығар деп,дәри жеп көрди,бирақ аўырыў өтип кетпеди.Ертең таң атса болар,врачқа көринип не болғанын анықлатыўым керек деп ойлады Замийра. Даўамы бар.👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

ӨКИНИШ. Замийра отыз жаста.Жоқары оқыў орнын питкерип,жумыс ислеп,таңлап жүрип турмысқа шықты.Өмирлик жолдасы да кеўлиндегидей ишки ислер тараўында ислейди.Бир ул перзенти бар,мектепте муғаллим болып ислейди,баласы балалар бақшасына барады,төрт жаста.Жасаў жағдайлары да жаман емес,ҳәмме нәрсеси жетерли,бир шаңараққа не керек бәри бар,ата-енесинен бөлек турады. Күйеўи басқа районда ислегени менен ҳәптениң ҳәр алтыншы күни келип турады,айлығы да жақсы,усы ўақытқа шекем тарығыў дегенди билмей жасап киятыр. Замийра усындай жигитти излеп жигирма бес жасқа шекем турмысқа шықпай жүрди.Бул ўақытлар даўамында сораўшылар да көп болды,бирақ биреўи опақ,биреўи сопақ деп разылық бере бермеди.Айрымлары менен ушырасып та көрди,жүреги де жыззз етпеди,алатуғын айлығына да кеўли толмады.Буның пикирине қарағанда еркек адам кеминде жети-сегиз миллион айлық алмаса хожалықты баға алмас екен.Сени биреў сорап атыр десе,айлығы қанша екен деп сорайтуғын болды.Өмирге тек бир мәрте келесең,жетиспеўшилик көрип жасағым келмейди,жақсы ишип-жеп,жақсы кийимлер кийип жасағым келеди деп ойлайтуғын еди.Елшилик,оқыған жигитлер де,оқымаған жигитлер де сорады.Оқымаған жигитлердиң жағдайы белгили,қара мийнет пенен күн көреди,не дурыслы табысы болсын.Буны билгенликтен,белгили баслы жумысы жоқ жигитлер менен дым сөйлеспеди. Адам шын кеўилден не тилесе алла таалам да соны берер екен.Бир күни кеўлиндегидей жигит те табылды-аў. Даўамы бар.👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

"Философия" өмир ҳәм өлим арасындағы пикирлер фабрикасы, "философлар" - оның ислеп шығарыўшылары. ✍ Раўаж Отарбаев. https://t
"Философия" өмир ҳәм өлим арасындағы пикирлер фабрикасы, "философлар" - оның ислеп шығарыўшылары. ✍ Раўаж Отарбаев. https://t.me/ibratli_sozler

🎙 Базаргүл Каримова https://t.me/ibratli_sozler

💫 Ассалаума алейкум топар ағзалары!! 🌹 Қайырлы таң!! 💐 Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпият
💫 Ассалаума алейкум топар ағзалары!! 🌹 Қайырлы таң!! 💐 Аллаҳ таала бүгинги күниңизди тынышлық ҳәм аманлықта, жақсы кейпиятта, саўаплы әмеллер менен толы болып  өтиўин сизге несип етсин!! 🌷 Күниңиз кеуилли өтсин əзизлер!! 🌿☘ 🌿☘ 🌿☘ 🌿☘ https://t.me/ibratli_sozler

"УСТАЗЛАР ИЛҲАМЫ" АЛЬМАНАХ  КИТАБЫНА МИННЕТДАРЛЫҚ. !!! ~~~ Китап шықты "Устазлардың илҳамы", "Устаз жол" дың, дөретилген инамы, Әдебият майданына, тийкар жол, Шайырлар ҳәм жазыўшылар гүзары, "Устазлар илҳамы" китап альманах, Мәўсим-ўақыт, арабшада Ал-мунах, Авторлардан- дөретилген топламға, Презентация өтип атыр нақма-нақ. Баслама оң болсын ильҳам алайық, Әдебият майданға, жол салайық, Бул қәдемге "Устаз жолы" себепкер, Имкан барда дөретпелер жазайық. Миннетдармыз бәрҳа "Устаз жолы" на, Шөлкемлескен жумыслар, өз алдына, Көп автордан дөретилген топламды, Жеткермекте- халқымыздың қолына. Бул иске Жеткербай, қатты берилген, Сапура админ китап ҳалға келтирген, "Устазлар илҳамы" үш китабына, Муңлы шайыр жақсы пикир билдирген. *** Ардақлы нураный;  (Нур Иман ҳажы) Иманалиев. https://t.me/ibratli_sozler

“Ақыл ҳәм мийнетти туўры бағдарлаў – инсанға бахыт есиклерин ашады” ✍️ Раўаж Отарбаев.

Умытпаң...🌸🌸🌸 👉Өмирде тәўекел етпегенлер табысқа ерисе алмайды! 👉Сондай мақсет қойың, ерискениңде өзиң де таң қал! 👉Ҳеш
Умытпаң...🌸🌸🌸 👉Өмирде тәўекел етпегенлер табысқа ерисе алмайды! 👉Сондай мақсет қойың, ерискениңде өзиң де таң қал! 👉Ҳеш кимнен жәрдем күтпе. Ҳәммесине өзиң ерисе аласаң!!! 👉Биз бенен бирге муҳаббатты, бахытты сезинип жасаң! 🌹🍀🌹🍀🌹🍀🌹 https://t.me/ibratli_sozler 🌹🍀🌹🍀🌹🍀🌹

"Билимли адам - сабақлы ийне, кесиндилерден пүтин кийим шығара алады. Ал, билимсиз адам - қайшы, пүтин кийимди қыйындыларға а
"Билимли адам - сабақлы ийне, кесиндилерден пүтин кийим шығара алады. Ал, билимсиз адам - қайшы, пүтин кийимди қыйындыларға айналдырып қояды". Сағынбай ИБРАГИМОВ. https://t.me/ıbratli_sozler

#даналық сөзлер Айралық сени  шын сүйиўге үйретеди. ✍ А. Экзюпери Жақсы ҳаял болып туўылмайды. Жақсы ерлер менен жақсы ҳаяллар қәлиплеседи. ✍ Олег Рой Нийет – өмирдиң жартысы; Бийпәрўалық - өлимниң жартысы. ✍ Х. Джебран Өмирдеги ең қыйын нәрселерден бири - айтыўға болмайтуғын сөзди жүректе сақлаў. ✍Д. Джонс Сиз сондай өмир сүриң: ҳәр жерде сизиң орныңыз әҳмийетли болсын, ал жоқлығыңыз билинип турсын ✍ Тасним 💫💫💫💫💫💫💫💫💫💫 https://t.me/ibratli_sozler