uz
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Kanalga Telegram’da o‘tish

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Ko'proq ko'rsatish

📈 Telegram kanali ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... analitikasi

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) Qozoq til segmentidagi kanali faol ishtirokchi. Hozirda hamjamiyat 18 920 obunachidan iborat bo'lib, Din & Maʼnaviyat toifasida 4 309-o'rinni va Qozog'iston mintaqasida 452-o'rinni egallagan.

📊 Auditoriya ko‘rsatkichlari va dinamika

невідомо sanasidan buyon loyiha tez o‘sib, 18 920 obunachiga ega bo‘ldi.

24 Iyun, 2026 dagi oxirgi ma’lumotlarga ko‘ra kanal barqaror faollikka ega. Oxirgi 30 kunda obunachilar soni -247 ga, so‘nggi 24 soatda esa -19 ga o‘zgardi va umumiy qamrov yuqori darajada qolmoqda.

  • Tasdiqlash holati: Tasdiqlanmagan
  • Jalb etish (ER): Auditoriya o‘rtacha 27.34% darajada jalb etiladi. Nashrdan keyingi dastlabki 24 soatda kontent odatda umumiy obunachilar sonining 19.43% ini tashkil etuvchi reaksiyalarni to‘playdi.
  • Post qamrovi: Har bir post o‘rtacha 5 176 marta ko‘riladi; birinchi sutkada odatda 3 679 ta ko‘rish yig‘iladi.
  • Reaksiyalar va o‘zaro ta’sir: Auditoriya faol: har bir postga o‘rtacha 47 ta reaksiya keladi.

📝 Tavsif va kontent siyosati

Muallif resursni shaxsiy fikrni ifoda etish maydoni sifatida ta’riflaydi:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Yuqori yangilanish chastotasi (oxirgi ma’lumot 25 Iyun, 2026 da olingan) sababli kanal doimo dolzarb va katta qamrovli bo‘lib qoladi. Analitika auditoriya kontent bilan faol hamkorlik qilishini, uni Din & Maʼnaviyat toifasidagi muhim ta’sir nuqtasiga aylantirishini ko‘rsatadi.

18 920
Obunachilar
-1924 soatlar
-657 kunlar
-24730 kunlar
Postlar arxiv
Бир сынаған жаманды, Еки қайтып сынама. Жасыңда қалжың болсаң, Үлкейгенде мылжың боласаң. Ийт арбаның көлеңкесинде киятырып, "Мен тартып киятырман" дейди. Көрмес - түйени де көрмес. Кәрўан көшер от қалар, Адам өлер ат қалар. Тегин жеген мал, Тесип шығады. Өтирикшиниң дурыс сөзи заяға кетеди. Өспейтуғын бала, Өнбейтуғын даўды даўлайды.

t.me/Ziya_nuri
Ҳаял ашыўланғанда оны тынышландырыў ушын еркек сабырлы болсын. Себеби ҳаялдың ашыўы банканың қақпағындай қатты болса да ашылғанда ишинен мазалы шығады. https://t.me/ibratli_sozler

АЗАМАТ БОЛАР ‎ ‎Еркеклер бир болар сыртқы пишимде, ‎Сақалы өсиңки және мурт болар. ‎Әттең азаматы аздур ишинде, ‎Тек те мәрти ақыл айтып журт болар. ‎ ‎Көбиси былшырап өсек айтады, ‎Журт түўе үйине үлкен дәрт болар, ‎Ўәде берсе лебизинен қайтады, ‎Гәсине намыс-ар  бәрҳа шәрт болар. ‎ ‎Ел ушын бир хызмет етпес нәмәрти, ‎Етсе бир ис өмиринше гәп қылар. ‎Толайым еркектиң аз болар мәрти, ‎Нағыз еркек елдиң ишин бағ қылар. ‎ ‎Арақ ишип көшелерде бақырған, ‎Балондай қап-қалың онда бет болар. ‎Сөгинип ул-қызын  барып шақырған, ‎Журтқа дым керексиз ҳарам ет болар. ‎ ‎Өзгеге бир пайда тийгизбес ҳасла, ‎Гей еркек иритки жаман қурт болар ‎Тамсанып келеди табақда асқа, ‎Нағыз арсыз аўқат толған урт болар. ‎ ‎Ел сүйер, мүтәжин шығарар көптиң, ‎Ол еркек келиси салтанат болар. ‎Неге керек сүўретлеме көп гәптиң, ‎Нағыз еркек билсең, азамат болар. ‎ ‎Басын буғып қашпас таса-пасаға, ‎Ел ушын өз буршы бәрҳа шәрт болар, ‎Нағыз еркек елди таслап қаша ма?! ‎Бир сөз айтса сөзи шешим, ўәрт болар. ‎ ‎19-июнь 2026-жыл. ‎Абат Крамов. ‎Каналымыз: @Kramov_Abatbay_poeziya

#Өмир сабақлары. Орнымнан тура алмай қалғанымда. Көринбеди көзге жыйған малымда. Өмир өтип кеткендей мисли. Елеслейда алыс бир сағымда. Мен билдим сол мәўритлер Бир қәдем еки дүнья арасы. Ийем өзи мәдадкар екен. Жазылса өмир жалғасы. Зәрре бағыш,табылар еми. Дәртлериңе даўа болғандай. Дүньяның да питеди кеми. Тикейесең қайта туўғандай. Енди қара ,қара өзгеше әлем. Таңда қуяш,гүллер берер сәлем Кеўлиң бир өзге нама шалады. Жақты нурын төкпекте Ийем. О-О .. Әлҳәбиз яратқан саған. Бахыт,саўлық инам ет маған. Өзлигимди өзгеше танып. Ашық болып қалайын саған. Таўап етип, сорайын саодат. Саўап ушын етип ибадат. Жолларыма берегөр нур ,сәўле. Жақты еткей жайнаған. шапақ ✍.Гүлистан Реймова. https://t.me/ibratli_sozler

ЖАНЫ АШЫҒАНЫҢНЫҢ БӘРИ ДЕ ҚАЙЫРЛЫ ЕМЕС. Ертеде бир адамның аты аўырып,басын көтере алмай жатып қалыпты.Оны мал шыпакери көрипти де ийесине айтыпты; Азанға шекем қарап көр,азанда орнынан турмаса,онда ол мал болмайды,оны ҳадаллап сойып алыўдан басқа иләжың жоқ-депти.Бул гәпти қошқар еситип қойып атқа қатты жаны ашыпты. Таң атыпты.Ат орнынан турыўға ҳеш ҳәрекет жасамапты. Оның жанында турған қошқардың атқа реҳими келип: -Әй байғус-әй турағой,қуры пышаққа илинип кетесең ғой-депти. Бул сөзди еситкен ат бар күшин жыйнап орнынан турыпты. Хожейин қораға келип,атының орнынан турғанын көрип қатты қуўаныпты. Атым әжелди жеңип аман-есен қалды,буны белгилемесек болмайды,усы қуўаныштың ҳүрметине қошқарды сойып бир отырыспақ қылайын деп қошқарды сойып гөшин қазанға салыпты. Биз өзимиздиң жанымыз ашыған нәрселеримиздиң бәри қайырлы болады дегенге исене бермеўимиз керек екен,гейде бизиң жанымыз ашып жәрдем берген адамларымыз өзимизге көп зыян келтириўи,ҳәттеки басымызға да жетиўи мүмкин екен. Сонлықтан ҳәрбир иске ойланып араласыў керек екен.
✍Перида Аллекеева. Интернет материалларынан.
https://t.me/ibratli_sozler

✍ Тилеўберген Жумамуратовтан Ҳеш ким билмес... (Сонет) 🍃 🍃 🍃 Ақсақ кемпир, бүкшеңлеген ғарры шал, Ҳәзиллести қыябанда гезл
✍ Тилеўберген Жумамуратовтан Ҳеш ким билмес... (Сонет) 🍃 🍃 🍃 Ақсақ кемпир, бүкшеңлеген ғарры шал, Ҳәзиллести қыябанда гезлесип. Бир мәс сулыў ерси көрип болды лал, Илип өтти арасынан жол кесип. 🍃 🍃 🍃 Кемпир гөззал еди, ғарры мәрт еди, Мерекелес болған талай жасынан. Екеўин де ышқы дәрти өртеди, Әрман менен жаслық өткен басынан. 🍃 🍃 🍃 " - Алжығанлар не бар екен гәп таўып" - Деген сөзге кемпир пақыр егилди. Жас келиншек тап сол күни муқ қаўып, Әттең, әттең... жер астына көмилди... 🍃 🍃 🍃 Ҳеш ким билмес қайсы гүлдиң солмағын, Қай денениң қара топырақ болмағын !... https://t.me/ibratli_sozler

Биз дүньяға менменлик ушын келмедик. Биз, меҳир-мухаббат ушын, басқалардың меҳирин сезиниў ушын, бәрше жаратылысты жақсы көри
Биз дүньяға менменлик ушын келмедик. Биз, меҳир-мухаббат ушын, басқалардың меҳирин сезиниў ушын, бәрше жаратылысты жақсы көриў ушын, сол жаратылысларға реҳим етип муҳаббат көрсетиў ушын дүньяға келдик #Умытпаң! https://t.me/ibratli_sozler

#Ҳикмет Жақсы инсан өзинен Бахыт, Жаман инсан өзинен Тәжирийбе, Шалағай инсан өзинен Сабақ, Кәмил инсан өзинен Шырайлы Из қал
#Ҳикмет Жақсы инсан өзинен Бахыт, Жаман инсан өзинен Тәжирийбе, Шалағай инсан өзинен Сабақ, Кәмил инсан өзинен Шырайлы Из қалдырады... https://t.me/ibratli_sozler

"Қосық айтсам" 🎤Айгул Надырова. https://t.me/ibratli_sozler

Бир жақсы адамға күнде иркилип, Сәлемлесер едим. Көрмедим бүгин... Сондай кимдур биздидағы бир күни Бул жолдан табалмай, жоқл
Бир жақсы адамға күнде иркилип,  Сәлемлесер едим. Көрмедим бүгин...  Сондай кимдур биздидағы бир күни Бул жолдан табалмай, жоқлаўы мүмкин... ✍Ибрайым Юсупов.... 🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟     Қайырлы түн қәдирданлар !!! Түн әлбетте өз ҳүкимин өткереди. Сизлерге түнниң тынышлығын тилеймен. Бир-бириңизди қәдирлең, ҳүрметлең, сағының, сүйип жасаң. Себеби өмир өткинши!! Солай екен, ертеңги таң сизлерди..... несийбеси, әўмети, бахты-қуўанышы менен күтип алсын! Аман жатып турың әзизлер!!! 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/ibratli_sozler

#күн_ҳикмети ​​Ўақыт — бул инсанияттың байлығыдур... Тек оның материаллық байлықтан жалғыз парқы сонда, есап-бетиңизде қанша
#күн_ҳикмети ​​Ўақыт — бул инсанияттың байлығыдур... Тек оның материаллық байлықтан жалғыз парқы сонда, есап-бетиңизде қанша қалғанын қадағалай алмайсыз...
@alberuniyuz
https://t.me/ibratli_sozler

Кешиңиз пайызлы болсын әзизлер! ​​👉https://t.me/ibratli_sozler

Муңлы бесик наласы. (Даўамы.) Ең болмаса мешитке апарып тасла найсап. Перзентли болмаған я жағдайы келмеген алар еди. Бесик кийели дүнья. Әййемги заманларда елди суў басқанда урпағым аман қалсын деп аналар бесикке болеп ығызған екен... Мен бесикпен ,мен Анаман! Мен бесикпен,мен атаман! Бесикти нәрестеден айырмаң! Нәрестени бесиктен айырмаң! Бесик-атаң, Бесик-анаң! ✍Оралхан Сапарова https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

Муңлы бесик наласы. (Шығындыға шығарып тасланған муңлы бесик наласын хатқа тусирдим) Мен шығындыға шыққан бесикпен. Үш күн болды шығындылардың бәд ийиси,шыбынлардың тодасы астында ыссыға шытнап,бесик жаным қыйналып жатырман... Мен қәсийетли ақ бесик едим,енди ким болдым билмеймен?! Ийемниң анасы қызы биринши уллы болғанда,жүреги жарылып, бесик әкелгенде қызына қәсийетли ,кийели бесик хаккында бир аўыз айтпапды да...сонысы батады ,себеби ата-бабам не қыян кести дәўирде де әуладтан-әуладқа жеткерген бесиктиң орны енди ЖОҚ болса !!! Ертеде ата-бабам ,,анаң да бесик,атаңда бесик" деп уйреткен. Басымды қублаға қаратып әлпешлеген әжелер қайда кеттиңиз,аяқты тийгизиўге болмайды деп үйреткен хасыл аналар кайлардасыз?! Бесикке ,яғный маған бөленип, ,,берекет тапқыр ийемниң" бир улы,бир қызы үлкейди. Мени шығарып таслаў ойы ийеме келгенине көп уақыт болды . Жақында үйин евроремонт қылғалы мен хешжаққа сыймай қалдым. Кешеги хәпте де үйине қыдырып келген қурдасына; -Үйди кеўлимдегидей қылып ремонтлап алдым..Бурын шифонердиң басына қоятуғын едим,енди мына ремонтыма жараспай тур,шығарып тасламасам ,-демеси барма? Соннан жаным суў ете қалды. -Енди туумайсаңба?-деп сораў қойды,-достысы. -Бир қыз ,бир баланы ,,заказной"туўдық,болады. Соларды бақсақта болар,енди перзенттиң кереги жоқ,-деди ийем. Буларды еситип,бесик болып жаратылған ўақтым ядыма түсти. Бесик усталары аса байыпта кетпейди,жарлы да болмайды.Жолы дүзиў,обалды-саўапты билетуғын ,сабырлы-диянатлы адамлар ғана бесик устасы болады. Мениң негизим ақ талдан,ямаса тут ағашынан болады. Жас талдан исленгеннен кейин қарақалпақ бесиклери жеңил ҳәм жорға келеди. Жорға болыўының мәниси бир миллиметрине шекем мән берип,еки жағын теңдей етип қашайды. Ақ талды жуқа етип кесип алып, қайнаған суўға салып қояды.Бир ҳәпте қәлипке салып,шегелеп ийип алады. Соннан ийик ағашты кеўдирип бесик қәлпине келтиреди.Бесик онлаған кунде таяр болады. Оннан кейин бесиктиң ийеси сатыўға шығарады. Адам өмирге келгенде бесикке салынады,кетерде де ағаш атқа салынғаны ушын ,бесикти саўдаласпайды.Буның мәниси еки ара узақ болсын дегени. Бурын бесик усталары тек бесикти соғып қоятығын еди,хәзир базардың сораўына ,халықтың итияжын қандырыў мақсетинде уста өзи бесиктиң кәле-кулесин өзи тигеди. Бесиктиң қаўызы тарының қабығы,яғный қаўықтан исленеди. Қаўыздың абзаллығы жуўыуға колайлылығы,қаўықтың емлик қәсийетиниң барлығында. Еки тартқы баў тигиледи,бири аяқ жағына,бири көкирек жағына.Көкирек жағы анық бир қарыс узынлаў болады.Тартқы баўда да көп хикмет бар.Қалған өмири қуралып кетсин деп қурақлап тигиледи. Басына дастықты да қурақтан ислеген. Жабыўларын қысқы-жазғы мәўсимлерге арнаған.Қуяш бетине түспесин деп ,қараңғылап уйықлатқан. Менде жатқан бала шоршымайды,аяқ-қолы дуп-дузиў болып жатады,арқасы аязламайды. Тыныш,балбырап уйықлайды. Уҳ,несин айтайын?! Ҳәзирги заманда мийрим шапаат жоқ дейди. Бул неликтен деп ойлайсыз? Тай қулындай тебискен туўысқанлар бир бесикке бөленсе,бириниң арқасы тийген бесикке,бириниң арқасы тийсе бир-бирине баўырман,мийирман болады. Келинлер жарыспақ заман ай! Ким озар, қәде-қәумети көп заман ай! Дәстүри пилге аўыр халқым ай! Биринши рет қәдирли болып,улын салған уакытта ,,атасына шап,әжесине шап"деп қәдеге жарақлаған пулларды алған кейўанылар айтпадыма екен? Бесикти далаға таслағаның-путкил келешегиңди аяқ асты еткениң деп?! Хәзир бириниң бесигине бири жатпайды,бир аналар бесик зыян деп улыўма бесикке салмайды. Бурынғы уакытта ата-бабаларымыз бир урыққа бир бесик болады деп тәрбиялаған. Бир атаның төрт перзенти болса,бәри алма-гезек сол бесикке боленген. Хәзир жарыспақ. Бир келинниң баласы бир-бирине жатпайды. Бирин-бири кореалмаушылық,тууысканлардың мийримсизлиги бир бесикке туспегеннен болып отыр. Дәртимди кимге айтайын. Өзим дийуанаман Кимге пир болайын. Қақсап шығынды да жатқаныма нешше кун болды.Обалды дейтуғын адам табылмағанына хайранлар қалып турыппан.. Даўамы👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

#Төртлик Қаралық тилеймен ҳәмме қазанға, Қаралық тилеймен қара көзлерге. Жасыллық - жапыраққа, қызыллық - қанға Адам кеўли, а
#Төртлик Қаралық тилеймен ҳәмме қазанға, Қаралық тилеймен қара көзлерге. Жасыллық - жапыраққа, қызыллық - қанға Адам кеўли, ақлық тилеймен сизге! ✍И.Юсупов https://t.me/ibratli_sozler

Суў ҳәм дуз Суўсыз ѳмир болмас, дузсыз ас болмас, Ҳәммеде қартаяр, мәңги жас болмас, Суў қәдирин, дуз қәдирин билгенниң, Досл
Суў ҳәм дуз   Суўсыз ѳмир болмас, дузсыз ас болмас, Ҳәммеде қартаяр, мәңги жас болмас, Суў қәдирин, дуз қәдирин билгенниң, Дослар, аңлағаным баўры тас болмас.   Раўаж Отарбаев.

#Неге_усылай_аталған БАРСА КЕЛМЕС Арал теңизинде «Барса келмес» деген атаў бар. Бул туўралы да түрли халық аңызлары тилден-тилге айтылып жүр. «Барса келмес» көлеми жағынан әдеўир үлкен атаў. Онда мал оты ушын жуғымлы от-шөплер, түрли өсимликлер өседи. Бурынлары Арал жағалаўларында отырған байлар, қыс күнлери өзлериниң малларын қыслатыў ушын Барса келмеске алып келип, ерте бәҳәрде муз ериў алды малларды алып кетеди екен. Бир жылы бәҳәр ерте келип, күтилмеген ўақта бирден муз түсип кетип, маллар қайта алмай атаўлап қалған. Бул ҳәдийседен кейин халық бул жерди «Барса кел мес» деп атаған. Бул туўралы халық аңызының басқа бир түринде, бир ўақытта атаўда үлкен сең басыў апатшылығы болған. Онда турған адамлар ҳәммеси набыт болып жан-жаныўарлар қырғынға ушырайды екен. ✍Қәлендер Әбдимуратов "Неге усылай аталған" китабы https://t.me/ibratli_sozler

#Кеўлимдеги_гәплер <<ИСЕНИМ КҮШЛИ БОЛСА~ДӘРТИҢ АЗАЯДЫ>> Үш нәрсе жас пенен статус таңламайды, жағдай да таңламайды. Олар ғарры менен жастың, бай менен гедейдиң, баспанасы жоқтың да, қос-қос көлиги бардың да алдынан қәлеген ўақытта шыға келеди. Булар--Әжел, Аўырыў және Машқала. Өкинишлиси, булардың бириншисинен ҳеш ким қашып та, алысып та қутыла алмайды. Ал, қуўанарлығы, қалған екеўин жеңиўге де, жойыўға да, ҳәттеки бирге өмир сүриўге де болады, яғный, аўырыў болсаң күтинип, және қайталаса емленип, машқала болса мүмкиншилигиңе қарай шешип, келеси машқалалардың алдын алып дегендей...Ең баслысы, Сизде КҮШЛИ ИСЕНИМ болыўы керек. *ИСЕНИМ~ДӘРИДЕН КҮШЛИ, *ИСЕНИМ~ЕҢ КҮШЛИ ҚОРҒАЎШЫ. Буны мен өз өмиримнен алған тәжирийбелериме байланыслы айтып отырман. ....Мени батып баратырған шыңыраўымнан алып шыққан емлеўханадағы мийирбийкелер ҳәм билимли психолог қәниге еди. Олар өзимди қайта табыўыма көмеклести. Әлбетте, мениң өзимде де инта, умтылыўшылық болды. Еки рет турмысқа шықтым, соншелли өмирден түңилиўимниң себеби де, дым жас бола турып, өмирде бағымның жанбағаны мени үмитсизликке салды. Дәслепки некем де өз қәлеўим менен болмай--алып қашыўдың қурбаны болдым. Оқыў оқып, ата-ана үмитин ақлайман деген жақсы әрманларым күл болып көклерге ушты. Мен он жети жаста болғанлықтан турмыс қурыўға таяр емес едим, оның үстине барған жерим де түсиниги төмен адамлар болды, буларға қосымша жети айға дейин бала көтермегенлигимди себеп етип жөнсиз азаплар көрдим. Қулласы, ол шаңараққа қалайынша өз ықтыярымсыз барған болсам, солайынша өз ықтыярымсыз ол жерден кетиўге мәжбүр болдым. Еки жылға шамалас ата-ана үйинде отырып, екинши рет турмысқа шықтым. Бала көтердим, бирақ, ол балаға жүклилик ўақтымда аўырыўлы болып, нәресте өли туўылды. Мен туберкулез аўырыўына шалыққан едим. Мине, усы жерде күйеўимниң ҳақыйқый бет пердеси ашылып, күйеўим меннен қашатуғын болды, бирге тамақ ишип отырыў, сөйлесиў пүткиллей ол ушын қорқынышлы болды. Ақыры үйден кетип тынды. Екеўимиз заңлы түрде ажыраспай атырып ол өзине басқа ҳаял таўып алды, мейли, қарсылығым жоқ. Бирақ, ол мени табалағысы келгендей екеўиниң қушақласып түскен сүўретлерин мениң телефоныма жибере берди, телефон номеримди аўмастырғаннан соң да: "Бизлер бахытлымыз, бир-биримиз ушын жаралғанбыз",--деген жазыўы бар сүўретлер келди. Бул ойынлардың бәри маған руўхый жақтан жаман тәсир етип қатты аўырдым, ҳәттеки, өзиме жаны қаслық ислеўге дейин апарды. Мен екинши күйеўим менен жақсы турмыс қурып кетемен деген исенимде едим, бирақ, оның берги жағын ғана көрсетип, ҳақыйқый болмысы бет перде артында жасырын жатқаны сынақлы ўақытта көринди. Бул адам менен де келешегимниң жоқлығын өмирдиң өзи дәлийллеп берди. Мине, усы ўақытларда мен болған жағдайларды өзгертиўге болмайтуғынын жақсы түсиндим, керисинше мен жақсы адамлар тәсиринде өз ойларымды өзгертип, санамды тазарттым. Ой-санамды тазартыў арқалы тәним саўалды, өмирге деген қуштарлығым артты. СЕН ЖАҒДАЙДЫ ӨЗГЕРТЕ АЛМАСАҢ, ОНДА ОЙЫҢДЫ ӨЗГЕРТ.
Пикир өзиңизден әзизлер!
✍Шахзода Алламуратова каналынан Мәҳийданың хаты https://t.me/ibratli_sozler

Шүкирлик. Қартайдық деп қарап отырмай, кишигирим Мийўели бағ жаратып, таўық бағып, атымызға алынған жерлерге суўсызлыққа шыдамлы дәнли егинлер егип, Мөлдек жерге егилген бийдайымыздың нанынан татып, ел тынышлығында ҳадал мийнет етип,ғаррылық гәштин сүрип атырғанымызға шүкирлик. Елимиз абат,аспанымыз ашық,суўымыз мол,Дәнимиз болық болғай. Ул қызларымыздың,ақлық шаўлықларымыздың бахты пүтин,бәлент болғай. Тынышлық ушын,ел пәрәўанлығы ушын тыным билмей ҳәрекет етип атырған ел басшылары саў болсын. Болса елиң тыныш,уйқыңыз тынық. Түнги аспаныңда жулдызлар жанық. Мийнет пенен тапқан,ҳадал наныңды. Тынышлықта дәмин татсаң ,бахыт анық. ✍Хожели районы нураный анаханы Гүлистан Реймова. https://t.me/ibratli_sozler