Муңлы бесик наласы.
(Шығындыға шығарып тасланған муңлы бесик наласын хатқа тусирдим)
Мен шығындыға шыққан бесикпен.
Үш күн болды шығындылардың бәд ийиси,шыбынлардың тодасы астында ыссыға шытнап,бесик жаным қыйналып жатырман...
Мен қәсийетли ақ бесик едим,енди ким болдым билмеймен?!
Ийемниң анасы қызы биринши уллы болғанда,жүреги жарылып, бесик әкелгенде қызына қәсийетли ,кийели бесик хаккында бир аўыз айтпапды да...сонысы батады ,себеби ата-бабам не қыян кести дәўирде де әуладтан-әуладқа жеткерген бесиктиң орны енди ЖОҚ болса !!!
Ертеде ата-бабам ,,анаң да бесик,атаңда бесик" деп уйреткен.
Басымды қублаға қаратып әлпешлеген әжелер қайда кеттиңиз,аяқты тийгизиўге болмайды деп үйреткен хасыл аналар кайлардасыз?!
Бесикке ,яғный маған бөленип, ,,берекет тапқыр ийемниң" бир улы,бир қызы үлкейди.
Мени шығарып таслаў ойы ийеме келгенине көп уақыт болды .
Жақында үйин евроремонт қылғалы мен хешжаққа сыймай қалдым.
Кешеги хәпте де үйине қыдырып келген қурдасына;
-Үйди кеўлимдегидей қылып ремонтлап алдым..Бурын шифонердиң басына қоятуғын едим,енди мына ремонтыма жараспай тур,шығарып тасламасам ,-демеси барма?
Соннан жаным суў ете қалды.
-Енди туумайсаңба?-деп сораў қойды,-достысы.
-Бир қыз ,бир баланы ,,заказной"туўдық,болады.
Соларды бақсақта болар,енди перзенттиң кереги жоқ,-деди ийем.
Буларды еситип,бесик болып жаратылған ўақтым ядыма түсти.
Бесик усталары аса байыпта кетпейди,жарлы да болмайды.Жолы дүзиў,обалды-саўапты билетуғын ,сабырлы-диянатлы адамлар ғана бесик устасы болады.
Мениң негизим ақ талдан,ямаса тут ағашынан болады.
Жас талдан исленгеннен кейин қарақалпақ бесиклери жеңил ҳәм жорға келеди.
Жорға болыўының мәниси бир миллиметрине шекем мән берип,еки жағын теңдей етип қашайды.
Ақ талды жуқа етип кесип алып, қайнаған суўға салып қояды.Бир ҳәпте қәлипке салып,шегелеп ийип алады.
Соннан ийик ағашты кеўдирип бесик қәлпине келтиреди.Бесик онлаған кунде таяр болады.
Оннан кейин бесиктиң ийеси сатыўға шығарады.
Адам өмирге келгенде бесикке салынады,кетерде де ағаш атқа салынғаны ушын ,бесикти саўдаласпайды.Буның мәниси еки ара узақ болсын дегени.
Бурын бесик усталары тек бесикти соғып қоятығын еди,хәзир базардың сораўына ,халықтың итияжын қандырыў мақсетинде уста өзи бесиктиң кәле-кулесин өзи тигеди.
Бесиктиң қаўызы тарының қабығы,яғный қаўықтан исленеди.
Қаўыздың абзаллығы жуўыуға колайлылығы,қаўықтың емлик қәсийетиниң барлығында.
Еки тартқы баў тигиледи,бири аяқ жағына,бири көкирек жағына.Көкирек жағы анық бир қарыс узынлаў болады.Тартқы баўда да көп хикмет бар.Қалған өмири қуралып кетсин деп қурақлап тигиледи.
Басына дастықты да қурақтан ислеген.
Жабыўларын қысқы-жазғы мәўсимлерге арнаған.Қуяш бетине түспесин деп ,қараңғылап уйықлатқан.
Менде жатқан бала шоршымайды,аяқ-қолы дуп-дузиў болып жатады,арқасы аязламайды.
Тыныш,балбырап уйықлайды.
Уҳ,несин айтайын?!
Ҳәзирги заманда мийрим шапаат жоқ дейди.
Бул неликтен деп ойлайсыз?
Тай қулындай тебискен туўысқанлар бир бесикке бөленсе,бириниң арқасы тийген бесикке,бириниң арқасы тийсе бир-бирине баўырман,мийирман болады.
Келинлер жарыспақ заман ай!
Ким озар, қәде-қәумети көп заман ай!
Дәстүри пилге аўыр халқым ай!
Биринши рет қәдирли болып,улын салған уакытта ,,атасына шап,әжесине шап"деп қәдеге жарақлаған пулларды алған кейўанылар айтпадыма екен?
Бесикти далаға таслағаның-путкил келешегиңди аяқ асты еткениң деп?!
Хәзир бириниң бесигине бири жатпайды,бир аналар бесик зыян деп улыўма бесикке салмайды.
Бурынғы уакытта ата-бабаларымыз бир урыққа бир бесик болады деп тәрбиялаған.
Бир атаның төрт перзенти болса,бәри алма-гезек сол бесикке боленген.
Хәзир жарыспақ.
Бир келинниң баласы бир-бирине жатпайды.
Бирин-бири кореалмаушылық,тууысканлардың мийримсизлиги бир бесикке туспегеннен болып отыр.
Дәртимди кимге айтайын.
Өзим дийуанаман
Кимге пир болайын.
Қақсап шығынды да жатқаныма нешше кун болды.Обалды дейтуғын адам табылмағанына хайранлар қалып турыппан..
Даўамы👇👇👇
https://t.me/ibratli_sozler