en
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Open in Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Show more

📈 Analytical overview of Telegram channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) in the Kazakh language segment is an active participant. Currently, the community unites 18 367 subscribers, ranking 4 342 in the Religion & Spirituality category and 450 in the Kazakhstan region.

📊 Audience metrics and dynamics

Since its creation on невідомо, the project has demonstrated rapid growth, gathering an audience of 18 367 subscribers.

According to the latest data from 03 September, 2026, the channel demonstrates stable activity. Although there has been a change in the number of participants by -215 over the last 30 days and by -11 over the last 24 hours, overall reach remains high.

  • Verification status: Not verified
  • Engagement rate (ER): The average audience engagement rate is 27.69%. Within the first 24 hours after publication, content typically collects 18.57% reactions from the total number of subscribers.
  • Post reach: On average, each post receives 5 087 views. Within the first day, a publication typically gains 3 412 views.
  • Reactions and interaction: The audience actively supports content: the average number of reactions per post is 40.

📝 Description and content policy

The author describes the resource as a platform for expressing subjective opinions:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Thanks to the high frequency of updates (latest data received on 04 September, 2026), the channel maintains relevance and a high level of publication reach. Analytics show that the audience actively interacts with content, making it an important point of influence in the Religion & Spirituality category.

18 367
Subscribers
-1124 hours
-467 days
-21530 days
Posts Archive
💥 БҮГИН МИЙЗАН АЙЫНЫҢ 4-СӘНЕСИ ! 🌸🌤🍀 АССАЛАЎМА 🌤🌸🍀 АЛЕЙКУМ!!! 🌹🍃 Рәббимнинг мәрҳаматы менен берилген және бир жаңа т
💥 БҮГИН МИЙЗАН АЙЫНЫҢ 4-СӘНЕСИ ! 🌸🌤🍀 АССАЛАЎМА 🌤🌸🍀 АЛЕЙКУМ!!! 🌹🍃 Рәббимнинг мәрҳаматы менен берилген және бир жаңа таң, жаңа күн бәршемизге мубарек ҳәм қайырлы болсын! 🌷🍃 Илайым ҳәммениң; 🌷🍃 Кеўили ТЫНЫШЛЫҚты, 🌷🍃 Жүзлери КҮЛКИни, 🌷🍃 Шаңарағы БЕРЕКЕТти, 🌷🍃 Қалталары  ДӘРАМАТты, 🌷🍃 Қәлби  ИЙМАНды, 🌷🍃 Денелери  САЛАМАТЛЫҚты, 🌷🍃 Жүреклери МИЙРИМди жоғалтпасын! 🍃Күниңиз берекетли ҳәм мазмунлы өтсин!🤲 Бизди бақлап барың!👇🏻                 https://t.me/ibratli_sozler

#Қайырлы_түн Рәббим, бүгинги берген жақсылығың, ырысқы - несийбең, ден - саўлығың ҳәм жүрегимизге берген ийманымызды ертеңги
#Қайырлы_түн Рәббим, бүгинги берген жақсылығың, ырысқы - несийбең, ден - саўлығың ҳәм жүрегимизге берген ийманымызды  ертеңги келер күн ушында толық ҳәм мол етип бергейсең Әмин🤲!  🍁🍂🍁 ✨ҚАЙЫРЛЫ ТҮН БИРАДАРЛАРЫМ! https://t.me/ibratli_sozler

- Неге биреўдиң баласы болар екен! - Тосаттан анамның ашыўы шығып кетти. - Жылап турған баланың бөтени болама? Уялмайсаң ба?
- Неге биреўдиң баласы болар екен! - Тосаттан анамның ашыўы шығып кетти. - Жылап турған баланың бөтени болама? Уялмайсаң ба? Сондай деп айтыўға? Жылап турған нәрестеге реҳими келмеген адам -адамба? Үндемедим. Бирақ барибир сол ўақытта анам наҳақ деп ойлаған едим. Жоқ, аналардың биз тусинбейтуғын, бизиң ақылымызға сыймайтуғын өз әлеми барға уқсайды.
✍ Өткир  Хошимов
👉https://t.me/ibratli_sozler

#Турмыс БИР АЎЫЗ СӨЗ (турмыслық көринислерден) Бир келиншек туўыў үйинен шықты. Досты хабар алыўға келип, гәп арасында күйеўи
#Турмыс   БИР АЎЫЗ СӨЗ    (турмыслық көринислерден)    Бир келиншек туўыў үйинен шықты. Досты хабар алыўға келип, гәп арасында күйеўи қандай саўға бергенин сорап қалды.    Келиншек: - Ҳеш нәрсе саўға қылмады, - деди.    Досты: - Ҳаў?! Сениң бир тийинлық қәдириң жоқ екен-ғо - деп достының турмысына бомба таслады да кетти.   Кеште жумыстан шаршап келетуғын күйеўи менен келиншек тартысатуғын, урысатуғын, сәл нәрсеге ашыўланатуғын болып қалды. Келиншек ҳәр бир гәпинде "қәдирим жоқ" дей бергенинен кейин күйеўи ажырасып кетти.    Машқала не себептен басланған еди? Достының бир аўыз сөзинен!
БИР ШАҢАРАҚТЫ БУЗЫЎ, ШАЙТАННЫҢ ЕҢ ҮЛКЕН ИСЛЕРИНЕН...
http://t.me/ibratli_sozler

ПИЛДИҢ СҮЙЕГИ Каучуктен соғылған "Шах"лар сынады, Ямаса бир жери ушады қуллас. Сөйтип, сынғаннан соң ойын тынады, Қулласы сол
ПИЛДИҢ СҮЙЕГИ Каучуктен соғылған "Шах"лар сынады, Ямаса бир жери ушады қуллас. Сөйтип, сынғаннан соң ойын тынады, Қулласы сол "Шах"тың мәниси болмас. Ойын ҳүким сүрер, бир пәс тым-тырыс, Бир қәдем жылжыў да "Шах"ушын аўыр. Ақ қара бар жерде болады урыс, Жолда қурбан болар, қаншама баўыр?!... Ойын қыза келе өкпе сығылар, Ат атлығын етип үркитсе "Шах"ты. "Шах"ың бир тасаға барып тығылар, "Төресин"бергенге хош болып ўақты. Ойланып, ойланып түсер урысқа, Ойыншы "Шах"деген сөзди сүйеди. Сонша шақылдыға, сонша ғурыжға- Тек төзим бере алар, пилдиң сүйеги! 🪄Теңелбай Сәрсенбаев https://t.me/ibratli_sozler

ШАППАТТАЙ БӘЛЕ ямаса уялы телефон туўралы кеўил кеширмелерим Искенжеге қамап шыбын жаныңды, Суўырып алғандай тәнде барыңды. Олсыз басламассаң атқан таңыңды, Сени бенде еткен шаппаттай бәле. Уйқыға жатсаң да олсыз түниң жоқ, Көзиңди аштыңба олсыз күниң жоқ. Аңлап көрсең олсыз алған демиң жоқ, Сыйқырлап қойғандай шаппаттай бәле. Күни-түн жүзине тутып жүзиңди, Жүйкең қурып,көзиң талып сүзилди. Бар ақылың сабағынан үзилди, Еркиңди бийлеген шаппаттай бәле. Нәрестеден баслап ғаррыға шекем, Намыссыздан намыс арлыға шекем. Бийдәрттен мың дәртли ғамлыға шекем, Бәрин жаўлап алған шаппаттай бәле. Ноқталанып қалған сыяқлы бахтың, Тутқыш бермей өтип баратыр ўақтың Қыйрап атырғандай патшалық тахтың, Сени торға салды шаппаттай бәле. Көз-көз етип саған мыңсан сырларын, Күннен-күнге көрсетеди қырларын. Сездирместен урлап көздиң нурларын, Барыңнан айырған шаппаттай бәле. Телевизор,компьютерди өлтирди, Саат,камераның исин питирди. Газета журналдың қунын кетирди, Мың ылайсаң салып шаппаттай бәле. Ең жаманы таўып нәзик жайыңды, Еркиңди буғаўлап алды айыңды. Көп жасларды шаңарақтан айырды, Изей суўдай алған шаппаттай бәле. Ол келгенли бақпай оңлы-солыңа, Көп нәрселер кес-кес болды жолыңа. Ҳасла китап услатпайжақ қолыңа, Мәргиясы бардай шаппаттай бәле. Жақсы жағы жумысыңды тындырды, Аңсыз болсаң руўхыңды сындырды. Жасларды тәрбиясынан қалдырды, Ақылыңды алған шаппаттай бәле. Умыттырды үйиңдеги бирликти, Шүйиркелесип отырғандай ҳүрликти. Улыңды,қызыңды бәрин үңилтти, Жүзине телмиртип шаппаттай бәле. Оян енди,сергеклеў бол заманлас, Денсаўлығың кетсе қайтып оралмас. Өмириң көз ашып жумғанша болмас, Жанға жаў шықпасын шаппаттай бәле. 🪄Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА https://t.me/ibratli_sozler

📖АЙЫРЫМ НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАРҒА МӘНИЛЕР 🔘Мурнымның пушығынан хабарым жоқ, сәңкийип сала бериппен. ✍Бул нақыл өзиниң кемшилигин аңғармай, биреўди сынап-миней бергенин кейинирек өзи аңлап, өкиниш пенен айтылған сөз. 🔘Тисиң барда ысқырып қал, Мурның барда пысқырып қал. ✍Қолыңда ҳәмел барда пайдаланып қал деп, көмешине күл тартқан кимселерге тымсаллап айтылған нақыл. 🔘Алдым жағадан, Урдым жамбасты, Қарасам, астында жатырман. ✍Бул нақыл қолынан келмейтуғын иске орынсыз араласа беретуғын, ямаса шамасын билмей өжетликке зор беретуғын адамларға айтылған.
🪄М.Нызанов «Қарақалпақлар» роман-эссесинен
https://t.me/ibratli_sozler

Ҳикмет_ўақты Данышпанлардан бири былай деди: "Адамларға таң қаламан: аўырыўдан қорқып, айырым аўқатларды жеўден бас тартады,
Ҳикмет_ўақты Данышпанлардан бири былай деди: "Адамларға таң қаламан: аўырыўдан қорқып, айырым аўқатларды жеўден бас тартады, бирақ дозақтан қорқып, айырым гүналардан бас тартпайды", деди. https://t.me/ibratli_sozler

#Ибрат Дана адам ҳәммесин өзинен талап етеди, надан болса басқалардан. ✍️ Лев Толстой ✨Күниңиз мазмунлы өтсин! https://t.me/i
#Ибрат Дана адам ҳәммесин өзинен талап етеди, надан болса басқалардан. ✍️ Лев Толстой ✨Күниңиз мазмунлы өтсин! https://t.me/ibratli_sozler

Сөзи ҳәм намасы: Аяпберген Өтепбергеновтики «Бул дүньяға бир бес күнлик миймансаң» Әй, әзизим, бул дүньяға бир бес күнлик миймансаң, Бу ялғаншы деген жайдың бир шетине сыйғансаң. Жан қыйнадың, мал жыйнадың, кеўлиңди қош әйледиң, Мийман болдың, бир күн келдиң, тағы бир күн кетерсең. Бес бармағың бирдей емес, ай, жулдызлар тең емес, Шексиз болып көринсе де, тардур дүнья кең емес. Жақсы болсаң, бағлар қалып, гүл жайнатып өтерсең, Жаман болсаң, дағлар салып, ўайран етип кетерсең. Бул дүньяға кимлер келип, тағы кимлер кетпеген? Кеңге кеңдир бу ялғаншы, тарға ҳеш уақ жетпеген. Қуўсаң  шерик, жете алмай, сен жолыңда өтерсең, Бул дүньяға бир күн келдиң, тағы бир күн кетерсең. Қолға тилла дуўтар алып, нала сазың шертерсең, Өзиңди сәл алдарқатып, кеўлиңди шад етерсең. Бири жетсе, бири жетпей, арзыў-арман етерсең, Кеўлиңди қош әйлегил сен, нийетиңе жетерсең. Жыйнап-жыйнап, жанды қыйнап, нелер алып кетерсең, Бул дүньяға бир күн келдиң, тағы бир күн кетерсең. https://t.me/ibratli_sozler

#Қайырлы_таң АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, БӘРШЕҢИЗГЕ! Бүгинги жаңа күн жүрегиңизге жыллылық, жаныңызға тынышлық, ойыңызға илҳам бағышла
#Қайырлы_таң АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, БӘРШЕҢИЗГЕ!      Бүгинги жаңа күн жүрегиңизге жыллылық, жаныңызға тынышлық, ойыңызға илҳам бағышласын.
Таң самалы кеўлиңизге үмит нурын шашып, ҳәр бир қәдемиңиз әўмет ҳәм қуўанышқа толы болсын. Күнниң сәўлеси кеўлиңизди нурға толтырып, әтирапыңыздағы әлем сизге тек ғана мийрим-шәпәәт ҳәм жақсылық инам етсин.
   
Өмириңиздиң ҳәр бир таңында жаңа баслама, ҳәр күнинде ийгиликли арзыў, ҳәр кешинде қуўаныш болсын.
Бүгинги күн сизиң алдыңыздан бахыт есигин ашып берсин, жүрегиңдеги барлық жақсы нийетлер әмелге ассын! ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ! https://t.me/ibratli_sozler

photo content

#ғәзийне 📜 Қарақалпақ халық нақыл - мақаллары. Жалынып сөйлеген, Налынып сөйлейди. Отырыспа жыйынға, Досың менен ере бар. Жалғыз барсаң алдыңда, Ҳәм артыңда жолын тар. Билмеген истиң анығын, Шуғыл сөзге ереди. Исенимли достынан, Жаманлық келсе көреди. Душпан күлдирип, Дос жылатып үйретеди. Достыңнан түйе сора, Уялғаннан бийе берер. Ақылсыз достан, Ақыллы душпан артық. Жақсы менен жолдас болсаң, Кейни жақсы болады. Жаман менен жолдас болсаң, Кейни урыс болады Жаман жолдас та-жаў. Сақый – дос көбейтеди, Бақыл – мал көбейтеди. Жақсы достың пайдасы тийер ҳәр жерде, Жаман дос қалдырар бәрҳа зәлелге. Жолсыз жүрип зорықсаң, Жол қәдирин билерсең. Жалғыз жүрип зорықсаң, Ел қәдирин билерсең. Ашаршылықтан тарықсаң, Ас қәдирин билерсең. Сырласарың болмаса, Дос қәдирин билерсең. Досы көп пенен сөйлес, Досы жоқ пенен сырлас. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

ҚУТЛЫ БОЛСЫН ТУНҒЫШ ҚӘДЕМИҢ. (Халқымның Ана мектептиң босағасына тунғыш қәдем қойған  барлық 1 - класс перзентлеримизге арнадым.) Қутлы болсын тунғыш басқан қәдемиң, Устазыңа берген тунғыш сәлемиң. Ана мектеп босағасын атладың, Жолдас болсын жақсы нийет тилегим. Қуўаныштан нур жайнайды жузиңде, Илимли болғайсаң мына өмирде. Айдын жолда қәдем таслап барасаң, Ақ периштем гирбиңи жоқ кеўлинде. Умити көп сеннен ата- анаңның, Болғайсаң азаматы ана Ўатанның. Хызметинде болып ел ҳәм халқымның Мақтанышы болғайсаң Қарақалпағымның Биринши қоңыраў есиңде қалып, Устаздан сапалы билимлер алып, Дунья әлеминде Қарақалпақты танып, Байрағы бийиктен желбирей берсин, Сондай кун ҳәммемизге  несип етсин. Қутлы болсын тунғыш басқан қәдемиң, Устазға берген тунғыш сәлемиң, Елимниң илимли перзенти болып, Билимиң шарласын дунья әлемин. Перихан Аймуратова. 1 - сентябрь 2023 ж. Ташкент қаласы. Архивтен. https://t.me/ibratli_sozler

ИНТИЗАР САҒАН Әмиўдиң бойында турған қарындас, Кеўил толы ышқы сазым бар саған, Сени қушсам дейип еткендей талўас, Асаў толқынлар да интизар саған. Бүлбиллер сайраса, сен деп сайраған, Гуллер сениң ушын ғумша байлаған. Сүмбил шашларыңды желпип ойнаған, Салқын самаллар ҳәм интизар саған. Ақ көбик шайпалған дәрья кәнары, Боз думан артында таўлар мунары, Таңда талўас еткен ис қарыйдары, Алтын далаларым интизар саған. Қос бурымың ақ балтырды аймалар, Сен жүрген жолларда көзлерим талар. Ақ алтын патшасы, ай жүзли дилбар, Туўып өскен еллер интизар саған.
И.Юсупов 1962-жыл. Май.
https://t.me/ibratli_sozler

#ҚУТЛЫҚЛАЎ Ҳүрметли «Ибратлы сөзлер» каналындағы устазлар ҳәм Билимлендириў хызметкерлери! «Устаз жолы» Админстрациясы атынан  Сизлерди елимиздиң ең әзиз ҳәм ең улыўма байрамы — Өзбекистан Республикасы Ғәрезсизлигининң 35 жыллығы ҳәм ҳәр бир шаңараққа қуўаныш алып келетуғын Билимлер күни мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлаймыз! Әсирлерге татырлықтай усы қутлы күнлерде ҳәр биримиз Уатанымыздың азатлығы ҳәм раўажланыўы жолындағы ең ийгиликли иске – жас әўладты тәрбиялаўға аянбай хызмет еттирип атырған мийнетлериңизди жоқары баҳалаймыз. Билим шыңларына баслаўшы: Жаслардың келешекте билимли, саналы ҳәм пидәкер инсанлар болып камалға келиўинде сизлердинң қосып атырған үлесиңиз шексиз. Ғәрезсиз елимиздинң келешеги ҳәм ертеңги күнге болған исенимимизге айланған жас әўладқа илим жолын көрсетиўши жулдызсыз! Байрам мүнәсибети менен сизлерге ҳәм шаңарақларыңызға беккем денсаўлық, бахыт, шаңарақларыңызға тынышлық-татыўлық, машақатлы ҳәм саўаплы ислериңизде уллы табыслар тислеймиз. Жас әўладты тәрбиялаў жолындағы ийгиликли ислериңиз ҳәр қашан бәлент баҳалансын! Қос байрамыңыз қутлы мүбәрек болсын! ⚡️Ғәрезсизлик ҳәм Билим күни Үш жүз алпыс бес күнниң ең әзиз күни, Бүгин ҳәр бир кеўилдиң нурланды үни. Отыз бес жыллығың қутлы байрамым, Басланды оқыўдың ең нурлы күни! Ғәрезсизлик-бахытым, тирегим сенсең, Жаңа дәўир, жарық жүрегим сенсең. Мектеплер де есик ашты жасларға, Азат елим, әдиўли тилегим сенсең! Парталар сағынды оқыўшыларын, Жасларым көрсетсин билим шыңларын. Ғәрезсиз елдиң де бахытлы перзенти, Билим менен шешер дүнья сырларын! Азат ел устазы- мақтанышымыз, Билимли жасларды -хошланышымыз. Қос байрам толысқан усы күнлерде, Арта берсин сизге исенишимиз! Аспанымыз ашық болсын бәрқулла, Жасларымыз алға умтылсын ҳәмме. Отыз бес жыл тойың ҳәм билимлер күниң, Қутлы болсын, елим, мың-мың мәртебе! «Устаз жолы» Админи: Сапура Сапарова https://t.me/ustaz_joli_kanal26 https://t.me/ibratli_sozler

photo content
+1