ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 967 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 307,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 451

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 967 名订阅者。

根据 22 六月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -186,过去 24 小时变化为 -3,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 27.93%。内容发布后 24 小时内通常能获得 18.89% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 5 298 次浏览,首日通常累积 3 583 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 46

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 23 六月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 967
订阅者
-324 小时
-407
-18630
帖子存档
📜Аш толқынлар менен шайдай айқасып, Журт қатары жанталасып еле мен. Гә мантығып, гә гүресип, шайқасып, Өмир дәрьясында жүзип
📜Аш толқынлар менен шайдай айқасып, Журт қатары жанталасып еле мен. Гә мантығып, гә гүресип, шайқасып, Өмир дәрьясында жүзип келемен. Ибрайым Юсупов, "Өмир деген ағып турған бир дәрья". Бизди бақлап барыўда даўам етиң: 👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

#Нәсият. Ашыу́ деген ағын суу́, Алдын ашсаң бурқырар. Ақыл деген дәрья, Алдын жапсаң хәлсирер. Адам бирге туу́ылмау́ керек, Т
#Нәсият. Ашыу́ деген ағын суу́, Алдын ашсаң бурқырар. Ақыл деген дәрья, Алдын жапсаң хәлсирер. Адам бирге туу́ылмау́ керек, Туу́ылған соң сөз таласпау́ керек. Сөз қуу́ған бәлеге жолығады, Жол қуу́ған олжаға жолығады. ✍Әйтеке бий. https://t.me/ibratli_sozler

#Қарақалпақ руўларына байланыслы нақыллар
Естерекке ерген нөкис, Ески журтты көрген нөкис. Кенегестиң бийи де - улама, Бийкеси де - улама. Саңмурын, Сарайға барған заңмурын. Бестамғалы - бес аўыл, Бир- бирине ес аўыл. Шүйиттиң улы шабандоз болар, Жөйиттиң улы қоррандоз болар. Оймаўыттан ул туўылса, Сом темирге күн туўылар. Тарақлыдан тамыр тапсаң, тарықпассаң. Маңғыттың бас аяғы кән. Қыпшақ қылыш үстинде сөйлесер. Жағалтай жаў ушын туўылар. Бағаналының бағы артық. Қытайдан өткен шер жоқ, Қыпшақтан өткен ер жоқ. https://t.me/ibratli_sozler

#Нәсият. 📖 Халқыңа хызмет қыл, Кишилерге иззет қыл, Ишки дүньясы гөззалларға хүрмет қыл. ✍Хожа Ахмет Яссауий. Наданлықтың бе
#Нәсият. 📖 Халқыңа хызмет қыл, Кишилерге иззет қыл, Ишки дүньясы гөззалларға хүрмет қыл. ✍Хожа Ахмет Яссауий. Наданлықтың белгиси - тилин алмас билгенниң. ✍ Асан Қайғы. Қасқалдаққа бир ағары май питсе, Ғарқылдасып қонар көлин танымас, Патшаның дәу‌лети қайтайын десе, Көзине май питип, елин танымас. ✍Әжинияз Қосыбай улы Бенде болған өз еркине гезе алмас, Тәғдирдиң жазғанын хеш буза алмас. ✍Өтеш шайыр. https://t.me/ibratli_sozler

#Нәсият. 📜 Излеп келер иниң бар болса, Бахтыңның барын соннан бил. Сағынып келер ағаң бар болса, Туу́ысқанның барын соннан б
#Нәсият. 📜 Излеп келер иниң бар болса, Бахтыңның барын соннан бил. Сағынып келер ағаң бар болса, Туу́ысқанның барын соннан бил. Алыу́ды билип, бермегеннен без, Ел-халқы қашып, ермегеннен без. Үйине қонақ қонбағаннан без Көптиң айтқанына көнбегеннен без. ✍ Төле бий. https://t.me/ibratli_sozler

✍ Раўаж Отарбаев 🎼 Айжамал Туремуратова 🎤 Бахытбек Қалбаев https://t.me/ibratli_sozler

#Қайырлы_түн Жымыңлап жулдызлар кулимлеп турсын, Бахыт нурын сизге мол молдан төксин, Қәлби пәк ийманлы азиз заманлас Бугинги
#Қайырлы_түн Жымыңлап жулдызлар кулимлеп турсын, Бахыт нурын сизге мол молдан төксин, Қәлби пәк ийманлы азиз заманлас Бугинги туниңиз қайырлы өтсин!😘 Қайырлы түн қәдирлим ! ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ https://t.me/ibratli_sozler

Кийиклер падасы-?
Anonymous voting

Мәдели-?
Anonymous voting

Оқжайдың оқларын салып асынатуғын қалташа-?
Anonymous voting

ДУРЫС ЖҮРГЕН ДҮЗЕП ЖҮРЕДИ... «Түйе қартайса, көшегине ереди», — дейди дана халқымыз. Сонда биз бүгин сырттан келген «жат қылықларға» көзсиз ерип,  артымыздан киятырған жаслардың жетегинде кетип баратырған жоқпыз ба? Мақалдың мәнисин терең түсинбеймиз «туўырыдан-туўры айтта қойсаңа» дейтуғынлар ушын гәптиң пос геллисине көшейик. Ҳәзирги ўақытта шет елдиң жат дәстүрлерин сынап-минемей қабыллап, соған соқырларша әмел ете басладық. Солардың бири — туўылған күн өткериў мәресими. Бул әдет бара-бара үлкейип, сыртына шығып баратырғандай. «Елиңе дәстур болса, ешегиңе көрпе жап», — дейди халқымыз. Бирақ, ата-бабамыздың салтында аты менен болмаған, тәрбиямызға жат қылықларды «дәстүр» деп ҳәўиж алдырсақ, келешек әўлад алдында күлкиге қалмаймыз ба? Енди туўылған күн басланбай атырып, бир күн бурын тойлайтуғын жаман әдет шығардық. Түңги саат он екиде, үлкен торт пенен саўғаларды алып, шийрин уйқыда жатқан бир шаңарақтың үйине бастырып киремиз. Шет елдиң қосығын хор менен айтып, сол үйдегилердиң де, қоңсы-қобаның да тынышын алып, уйқысын бузамыз. Пайғамбарымыз (с.а.ў.): Шын мусылман тили менен де, қолы менен де басқаларға азар бермегени — деп ескерткен. Сонда биз түн ортасында адамлардың мазасын қашырып, өзимизди қалайынша «шын мусылманбыз» деп айта аламыз? «Бундай жат қылықты қойыңлар, уят болады» десең, үлкенлер «балалардың кеўли бар ғой» деп өзлери аппақ хожаның ақлығы қылып, билмегендей бир шетте отыра береди. «Басыңа түссе — баспақшы боласаң» дегени усы шығар. Бирақ, баланың кеўли деп отырып, миллий тамырымызға балта шабатын жат қылықты урпағымыздың қан-қанына сиңирип алмаймыз ба? Ҳәзир кишкене балаларымыз да бир ай бурын өз туўылған күнлерин есимизге салып, бизди руўхый ҳәм материаллық жақтан «таярлап» баратуғын болды. «Баяғылар бағда қалды, бағ жығылып суўда қалды» дегендей, бизлер туўылған күн дегенниң не екенин мектеп питкергенде бир-ақ билген едик қой. Таяқтың екинши ушы «Гөне қырманды қанша суўырсаң да дән шықпас». Мусылман емес, жат журттың болмас әдетлерин өзилестиргенимиз бенен қырманымыз тасып, дәрежемиз асып кетпейди. «Бир туўылған күн ғой, несине сонша шуўладыңыз?» деп қақ ете қалатуғынлар да баршылық. Биз улыўма туўылған күнди белгилемеңлер демекши емеспиз. Тек оны Бердақ бабамыз айтқандай, мәртлик ҳәм пәклик өлшемлери менен өткерсек деймиз: Орынсыз жерге умтылма,  Биреўге жөнсиз жутынба, Еки рет өтирик айтпа, Ҳағына жүр бәрҳа, балам. Өзгелердиң жат дәстүрлерине жутына бермей, бул қуўанышлы күнди өзимиздиң мусылманшылық ҳәм миллийлик сыпатларымызға сәйкес нышанласақ болмайма?Мәселен: Түңги саат он екиде емес, күндизги саат он екиде; Дәстүрханды ҳадал тағамлар менен толтырып берекетли етип, ағайын-туўысқан, жақынлар жыйналып, ҳақыйқый жақсы тилеклер айтып отырсақ. Светти өширип, тортқа шам жағып, үплеп өшириў деген «суўық» әдеттиң орнына, үйди еле де жарық етип, Аллаға мақтаў, Пайғамбарымызға салаўатлар айтылса, соң шүкирлик етип, «Пәленшениң бүгинги дүньяға келген күни қутлы болсын, арамызда аман-есен отырғанына шүкир» деп дуўалар қылынса, қандай әжайып нурлы мәресим болар еди! Атам қарақалпақ: «Дурыс жүрген дүзеп жүреди, бузық жүрген бузып жүреди», — дейди. Ертең ўақыт өтип, белден күш кеткенде, балаларымызға сөзимиз өтпей, күшимиз жетпей қалары анық. Дурыс жүрсек — соңымыз дүзеледи. Сол дурыс жүриўди, пәкликке умтылыўды бүгиннен, өз шаңарағымыздан баслайық. Әтираптағыларға ҳәм бабалардан киятырған пәкизе дәстүрлеримизге қыянет етпейик, досларым! Әбдиғаппар Ҳәмзе https://t.me/ibratli_sozler 👉 https://t.me/ibratli_sozler

Бәрше шийрин нәрселерди татып көрдим бирақ ден-саўлықтан шийринлеў нәрсе таппадым. Ашшы нәрселердиң бәрин татып көрдим, лекин
Бәрше шийрин нәрселерди татып көрдим бирақ ден-саўлықтан шийринлеў нәрсе таппадым. Ашшы нәрселердиң бәрин татып көрдим, лекин адамларға мүтәж болыўдан ашшылаў нәрсени таппадым. Темирди де, тасты да алып жүрдим, бирақ қарыздан аўырлаў нәрсени таппадым. ✍Ҳазрат Али р. а. https://t.me/ibratli_sozler

Жүдә көпшилик адамлар ыссыда муздай суў ишип қәте қылғанлығын билмейди 🔠 Ыссы күнде муздай суў ишиў жүрек ҳәм мийге зыян жет
Жүдә көпшилик адамлар ыссыда муздай суў ишип қәте қылғанлығын билмейди 🔠 Ыссы күнде муздай суў ишиў жүрек ҳәм мийге зыян жеткереди! 🔠 Муздай суў ишиў жүрек, баўыр, бас мий сыяқлы тийкарғы органлар тәрепинен тез сорылады ҳәм олардың искерлигине зыян жеткереди. Аш қарынға муздай суў ишиў асқазанғада зыян келтиреди! ️➡️ Жақынларыңызға жиберип қойың Каналға ағза болыў ушын👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

#Балалар әдебияты "JETKINSHEK"TI SÚYIP OQÍŃ, BALALAR! Atıń qalsa bilim menen ilimde, Oqıp berseń, ata-anańa úyińde. Ziya nurı
#Балалар әдебияты "JETKINSHEK"TI SÚYIP OQÍŃ, BALALAR! Atıń qalsa bilim menen ilimde, Oqıp berseń, ata-anańa úyińde. Ziya nurı shuǵla shashar kewilge, “Jetkinshek”ti súyip oqıń, balalar. Jazıwshı, shayır, ilimpaz ósken, Xalqınıń, eliniń, kózine túsken. Soqpaqlar gúzarı ushlastı desken, “Jetkinshek”ti súyip oqıń, balalar. Bilimdan bolıwǵa sizler asıǵıń, Kóp oqısań ómir boyı azıǵıń. Súyikli gazetańa qalmay jazılıń, “Jetkinshek”ti súyip oqıń, balalar! ✍Diana NÁJIMATDINOVA Qanlıkól rayonındaǵı 23-sanlı ulıwma bilim beriw mektebiniń oqıwshısı Каналымызға қосылың👇 https://t.me/ibratli_sozler

Әке - қыз перзенттиң ең биринши қаҳарманы! Әкелеримиз аман болсын! https://t.me/ibratli_sozler

#Даналық_сөзлер 📜Ақыл - майсыз, пиликсиз шыра, ол қандай тас-түйнек қараңғыда да саған жол таўып береди. 📖«Қарақалпақнама»д
#Даналық_сөзлер 📜Ақыл - майсыз, пиликсиз шыра, ол қандай тас-түйнек қараңғыда да саған жол таўып береди. 📖«Қарақалпақнама»дан Бизди бақлап барыўда даўам етиң: https://t.me/ibratli_sozler

Екшемби дем аляс күниңиз кеўилли өтсин әзизлер! https://t.me/ibratli_sozler

🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺 ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ ҚӘДИРДАНЛАР ! Аман жатып турдыңызба? Бүгинги атқан таңымыз бәршеңиздиң кеўлиңизге жақсылық
🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺 ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ ҚӘДИРДАНЛАР ! Аман жатып турдыңызба? Бүгинги атқан таңымыз  бәршеңиздиң  кеўлиңизге жақсылық,  жүзиңизге  шадлық,  жүрегиңизге  толы  меҳир ҳәм муҳаббат инәм етсин    🌺Сизге бахыт тилеймен. Себеби, бахыт ҳеш қашан инсанға артықшылық қылмайды.      🌺Сизге саламатлық тилеймен. Себеби, ол ҳәмийше инсанларға жетиспейди.      🌺Сизге әўмет тилеймен. Себеби, ол ҳәр бир қадемиңизде керек болады..!      🌺Сизге тәлим-тәрбия тилеймен. Себеби сизден инсанлар  ибрат алады....! БҮГИНГИ  КҮНИҢИЗ  САЎАПЛЫ  ИСЛЕРГЕ  ТОЛЫ БОЛСЫН !!! Каналымыздан узақласпаң. Ибрат излесеңиз, күниңизди биз бенен бирге  өткериң....! https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

Мың қəдемге жол, бир адымнан басланады. ✍Конфуций. ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Қайырлы түн əзизлер. Сизге, сиз арқалы жақынларыңызға түн тыны
Мың қəдемге жол, бир адымнан басланады. ✍Конфуций. ✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Қайырлы түн əзизлер. Сизге, сиз арқалы жақынларыңызға түн тынышлығын тилеймиз. Хəмийше алға умтылыўдан шаршамаң, өткен күн елес, өткенге өкинбең!! Каналымызға ағза болыуды умытпаң! 👉https://t.me/ibratli_sozler