fa
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

رفتن به کانال در Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

نمایش بیشتر

📈 تحلیل کانال تلگرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

کانال ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) در بخش زبانی قزاقی بازیگری فعال است. در حال حاضر جامعه شامل 18 427 مشترک است و جایگاه 4 349 را در دسته دین و مذهبی و رتبه 460 را در منطقه كازاخستان دارد.

📊 شاخص‌های مخاطب و پویایی

از زمان ایجاد در невідомо، پروژه رشد سریعی داشته و 18 427 مشترک جذب کرده است.

بر اساس آخرین داده‌ها در تاریخ 25 اوت, 2026، کانال فعالیت پایداری دارد. در ۳۰ روز گذشته تغییر اعضا برابر -229 و در ۲۴ ساعت گذشته برابر -12 بوده و همچنان دسترسی گسترده‌ای حفظ شده است.

  • وضعیت تأیید: تأیید نشده
  • نرخ تعامل (ER): میانگین تعامل مخاطب 27.51% است و در ۲۴ ساعت نخست پس از انتشار، محتوا معمولاً 19.06% واکنش نسبت به کل مشترکان کسب می‌کند.
  • دسترسی پست‌ها: هر پست به طور میانگین 5 068 بازدید دریافت می‌کند. در اولین روز معمولاً 3 512 بازدید جمع‌آوری می‌شود.
  • واکنش‌ها و تعامل: مخاطبان به‌طور فعال حمایت می‌کنند؛ میانگین واکنش به هر پست 40 است.

📝 توضیح و سیاست محتوایی

نویسنده این فضا را محل بیان دیدگاه‌های شخصی توصیف می‌کند:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

به لطف به‌روزرسانی‌های پرتکرار (آخرین داده در تاریخ 26 اوت, 2026)، کانال همواره به‌روز و دارای دسترسی بالاست. تحلیل‌ها نشان می‌دهد مخاطبان به‌طور فعال با محتوا تعامل دارند و آن را به نقطه اثرگذاری مهم در دسته دین و مذهبی تبدیل کرده‌اند.

18 427
مشترکین
-1224 ساعت
-527 روز
-22930 روز
آرشیو پست ها
#Ҳеш ким жыламасын дүньяда. Соғып турса мениң жүрегим, Жалғыз ғана айтар тилегим, Ҳәмме таўып жанға керегин, Ҳеш ким жыламасын дүньяда. Суўық хабар сөгип жанымды, Ушырды көп ақыл-аңымды, Көргим келмес ғамлы ҳалыңды, Ҳеш ким жыламасын дүньяда. Өз-өзимди жоғалтып қойдым, Пәр жастықта келмеди уйқым, Қуўантардай хабарың айтың, Ҳеш ким қуламасын дүньяда. Көз жас тамса ыдырар кеўлим, Қулағандай шәҳәрлер зәўлим, Қуўанышқа толсын~әй ҳәўлиң, Адам жыламасын дүньяда. Достым, қоңсым, ағайин-туўған, Аман болғай жаладан, даўдан, Шешилгей тез, мүшкилли саўдаң, Ҳеш ким жыламасын дүньяда. Зульфия Жийемуратова

АСЫҒАМЫЗ САНАЎЛЫ КҮНЛЕР, САНАЎЛЫ ОРЫНЛАР ҚАЛДЫ.

ДЫҚҚАТ,ДЫҚҚАТ! ҲҮРМЕТЛИ  ӘДЕБИЯТ ШАЙДАЛАРЫ, ТИЛИМИЗ ЖАНКҮЙЕРЛЕРИ, ӘЗИЗ ТОПАРЫМЫЗ ОҚЫРМАНЛАРЫ! 🥰СИЗЛЕРГЕ ҮЛКЕН ЖАҢАЛЫҚ! 😍БЫЙЫЛҒЫ ЖЫЛЫ  "ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР" КАНАЛЫНЫҢ ДҮЗИЛГЕНИНЕ АЛТЫ ЖЫЛ ТОЛАДЫ. ✳️УСЫ МҮНӘСИБЕТ ПЕНЕН КАНАЛЫМЫЗДА ЖӘРИЯЛАНЫП КИЯТЫРҒАН ИБРАТЛЫ, ЕЛГЕ ПАЙДАСЫ БАР, ИШИНДЕ ОЙ САЛАР, ҮЛГИ АЛАР ЎАҚЫЯЛАР ТИЙКАРЫНДА ЖАЗЫЛҒАН ДӨРЕТПЕЛЕРИҢИЗДИ (ГҮРРИҢ, МАҚАЛА,НОВЕЛЛА ) БАСПАҒА ТАЯРЛАП БИР КИТАП ШЫҒАРСАҚ ДЕГЕН ОЙДАМЫЗ. 🔰БУНЫҢ УШЫН СИЗЛЕРДЕН ӨЗ ДӨРЕТПЕЛЕРИҢИЗДИ ТЕКСЕРИЛГЕН ,  ИМЛА ҚӘТЕЛЕРИСИЗ ЖАЗЫЛҒАН ҲАЛДА @dilbarxan_aytjanova ЖЕКЕСИНЕ  ТАСЛАП БЕРИЎИҢИЗДИ СОРАП ҚАЛАМЫЗ. 📌ЕСЛЕТПЕ ❗️❗️❗️ ДӨРЕТПЕЛЕР ИНТЕРНЕТ ТАРМАҚЛАРЫНАН АЛЫНБАҒАН ҲӘМ БУННАН АЛДЫН БАСПАДА ЖАРЫҚ КӨРМЕГЕН  БОЛЫЎЫ ТИЙИС. 📝ЯҒНЫЙ ӨЗ ҚӘЛЕМИҢИЗДЕН ДӨРЕГЕН,  КӨПШИЛИККЕ УНАҒАН МАТЕРИАЛЫҢЫЗДЫ КИТАПҚА БАСЫЎҒА ҲАҚЫЛЫСЫЗ. 💫УСЫ ОРЫНДА БАРЛЫҚ ДӨРЕТИЎШИЛЕРДИ  "ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР" КАНАЛЫНАН  ИБРАТЛЫ КИТАП ШЫҒЫЎЫНА, ӘДЕБИЯТҚА АТ САЛЫСЫП,   ӨЗ ҮЛЕСИҢИЗДИ ҚОСЫЎЫҢЫЗҒА ШАҚЫРЫП ҚАЛАМЫЗ АДМИНИСТРАЦИЯ https://t.me/ibratli_sozler

Күниңиз мазмунлы ҳәм кеўилли өтиўине тилеклеспиз! https://t.me/ibratli_sozler

✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Қайырлы түн! Күн даўамында қымбатлы уақытларын бөлип, биз бенен бирге болған топар ағзаларына миннетдаршылық билд
✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨✨ Қайырлы түн! Күн даўамында қымбатлы уақытларын бөлип, биз бенен бирге болған топар ағзаларына миннетдаршылық билдиремиз! 💫Алла таала күн бойы мийнет ислеп, кейин дем алыўы ушын инсанларға түнди  жаратты. Түн де өз нәўбетин ийелеп, әтирапқа қараңғылық шөкти.       ✨✨Әзизлерим, дем алың, шаршағаныңызды шығарың, күшке толың, таңға күш-қуўат топлаң.  Өзиңизди ҳәм жақынларыңызды абайлаң. Соны билип қойың, дүнья тек биз ушын емес, биз өткиншимиз! 💫 Уйқыға жатпастан алдын, бүгин ким сизиң зейниңизге тийген болса, кешириң. Бәрин умытың, жақсы дем алың! Қайырлы түн бәршеге! https://t.me/ibratli_sozler

БИЛМЕГЕНЛЕР ДЫҚҚАТЫНА: қәйинжурт — келиншегиниң төркини; қәйината — келиншегиниң әкеси; қәйинене — келиншегиниң анасы; қәйинаға — келиншегиниң ағасы; қәйинжеңге — келиншегиниң жеңгеси, яғный әжағасының жубайы; қәйинбийке — келиншегиниң әжапасы; қәйинини — келиншегиниң иниси; балдыз — келиншегиниң сиңлиси... Тәртип берген: Сейдин ӘМИРЛАН. https://t.me/ibratli_sozler

<<<<<<<<<ТУСАЎ КЕСИЎ>>>>>>>>> ТУСАЎ КЕСИЎ ДӘСТҮРИ ТУЎРАЛЫ НЕЛЕРДИ БИЛИЎ КЕРЕК? 1.Бул дәстүр баланың тез раўажланып, аяғында беккем турып, жүриўине көмеклеседи; 2.Ата-ананың тусаў кесиў ушын таңлаған ҳүрметли адамының руўханый ҳәм физикалық қәсийетлери балаға бериледи~деген түсиник, усы дәстүрдиң мазмуны болып табылады. 3.Бул дәстүр баланың өмирлик жолын ашыў деген мазмунға ийе. 4.Ата-анасы таңлаған адам ғана, салтанатлы түрде, яғный өзиниң дәстүрлерине сәйкес баланың тусаўын кеседи. 5.Тусаўы кесилген балаға елдиң жасы үлкени есапланған, ҳүрметли адамы пәтия береди, буннан кейин дәстүр бойынша шашыў шашылады. 6.Баланың аяғына ала жип байланыў керек. Буның мәниси: ҳәр бир адамның өмиринде ақ-қара жағдайлар ушырасады, соған сәйкес ақ-қараны әдил ажырататуғын әдил инсан болсын деген тилекке, жақсы нийетке байланыслы. t.me/shahzoda_allamuratova

Өмирдеги ең көп машқалалар тилден хәм шүкирсизликтен келип шығады. Көбирек шүкир етиң. Бахытлы хәм бай боласыз. https://t.me/
Өмирдеги ең көп машқалалар тилден хәм шүкирсизликтен келип шығады. Көбирек шүкир етиң. Бахытлы хәм бай боласыз. https://t.me/ibratli_sozler

Бир апайдың айтқанлары: Өткен өмирин еслеп, тек өтмишти айта беретуғын адамның бүгинги өмиринде мазмун жоқ екенлигинен. Адам
Бир апайдың айтқанлары: Өткен өмирин еслеп, тек өтмишти айта беретуғын адамның бүгинги өмиринде мазмун жоқ екенлигинен. Адам мазмунлы және бахытлы жасаған саатларын еслеп те бахытлы болады... Сол ушын қолыңыздан келгенше адамлардың өмирине мазмун, қуўаныш бериң, буннан шаршамаң. ✍Айгүл Қосымбетова https://t.me/ibratli_sozler

"ОСЕКТИН БАЗАРЫ кызганда." Торт жасы улкен кошенин басында отырганы отырган.Бул олардын омиринде талап болып кеткен. Азанда тан атканнан турады.Таза хауа жутады. Откен -кеткен машынларга карайды. Биреуи азан менен менен жоткиринеди,билмеймен,далага шыкса жоткириги кыстайма?Кошенин басына шекем жоткириктен хамме оянады. -Ал бала,туни менен Казахбайдын уйинен скорый айрылмады го,кетип калмаса болганыго. -Ауа,хабарым болды,Загипа кетип ,уйинин берекети кетти ,я? -Обалы жок озинин,ишти,т...ты,еледе далада олип калмаганын айт?! -Дурыс айтасан! Октемленди ушиншиси. -Козимиз корди го,аркалап тасыды,тачкилеп тасыды,усыларды багаман деп,мына оликсе жатады ,аракты ишип окирип. -Кызыда онбаган,уйинин кунин бермейди,я ози кетпейди ,я келинди оныстырмайды. -Баласыда карк емес,журген бир ыштанбийт,я катынын келе кылмайды,я апасына отыр дей алмайды. Жигитлер дауам етти. -Япырмай,Жумабай кеткели мына курылысы калды я? -Калмай не кылады? -Бурынгыдай харлап Жумабай турган жок,тусирип койган гербишинде харким урлап тасып атыр? -Корсен кой демединбе? -Не жумысым бар,корингенге жаманатлы болып. -Мыналар дым бале ал. Ымлап карсысындагы уйди корсетти биреуи. -Акесинин аузын ....баллары ай.Есиги кулп баркулла.Екеуи бирден олип баратыр,азаннан кешке шекем жумыста. -Ай ,енди тарбиясы сондай.Алмайды,бермейди.Келин де озлерине ылайык тусе койган. -Тиртеклесип журип,Калмырза менен Зинепте кете гойды я,енди еки баланын халы шатак,жайга таласпаса болганы. Ангиме кете береди.Кошенин басына шекем еле жигирма уй бар... ✍Оралхан Сапарова https://t.me/ibratli_sozler

ЖЫЛАЎ БАХТЫ Әдеўир кеш болып қалған, қысты узатыўшы күнлер еди. Такси айдаўшысының бәндиргиде турған еки жолаўшының бирин қалдырып кеткенине таң қалдым. Әсте жақынлап себебин түсиндим. Орта жастағы жигит қолтықтаяқ пенен бир ҳалда тур еди. Алып кеттим. Әпиўайы, әжайып жигит. Мәнзилине жете бергенде ишкериректеги, жолы жаман мәнзилге мүмкин болса апарып қойыўымды өтинди. Кеш түскенин, "таксист" емеслигимди, мәнзилим узақлығын сылтаў етип оны жолдың басында қалдырдым... Қанша жүрдим билмеймен. Ол жолда күндиз де бийғам көликтиң ушырасыўы ҳеш мүмкин емес, жаяў-ақ жетип алса болар, бирақ, етти шымшылайтуғын суўық ҳәм қолтықтаяқ пенен... Машинамды артқа бурдым. Қолтықтаяқлы жигит жолдың басында суўықтан қалш-қалш қалтырап тур еди. Машинаның есигин ашып... жылап жиберди... Ал, мениң болса тамағыма бир нәрсе тығылды. Мәнзилине апарып тасладым. Сол ўақытта мениң де өксип жылағым келди. Әттең... 😥 Аңладым, "жылап кеўилди босатыў" бахты да Тәңри сүйген бенделерине ғана несип ететуғын екен. https://t.me/ibratli_sozler

БОЛМАСА Қус баласы болып илинбес санға, Бүлбилдиң хош ҳаўаз сеси болмаса, Сазды шерткен менен келмес намаға, Кеўилдиң бир əндийшеси болмаса. Əдет қалар, бəлким қəсийет қалмас. Елге хызмет етпей жигит сыналмас. Көп жасаған менен ақсақал болмас, Парасатлы ақыл-еси болмаса. Биреўлер қартайса зийнети асар, Елине сəн берип, төрге жарасар. Биреўлер урғашы маймылға усар, Мəзи адам сүўрет түси болмаса. Кимлер жас қайтса да ақылы толған, Кимселер зуўқылдап тил-жағы қалған. Атқа «шуў» дегеннен басқасы жалған, Жасы үлкенлик əўселеси болмаса. Кимдур тирисинде-ақ атын жоқламас, Инсан болып, ишкен дузын ақламас. Бержағынан қуйған менен тоқтамас, Аржағында бирнəрсеси болмаса... ✍ И.Юсупов https://t.me/ibratli_sozler

Едиге-мырза ҳаққында 25 мағлыўмат Едиге - Маңғыт арысының, Ақ-манғыт тайпасынан болған белгили Алтын Орда әмири. Ол XIV әсирдиң орталарында туўылған. Ол ҳаққында биз басқа нелер белгили? 1. Ол атақлы ислам ўәлийсы Баба Түклес ШашЛы Азиз (рас аты Барқая, Барқыя) урпағы болып есапланған. 2. Едигениң басқа ата-бабасы Аңшыбай болып, ол Алтын Орда беклербеги Ноғайға хызмет еткен, ал кейиншелли Алтын Орда ханы Тоқта тәрепине өтип кеткен. 3. Едигениң әкеси Қутлықыя қазақ ханлары Жәнибек ҳәм Керейдиң бабасы Орыс-хан қолынан қаза тапқан. Кейиншелли, ноғайлы бийлери бул ўақыяны бир неше мәрте жазба дереклерде қалдырған. 4. Әкесиниң өлиминен соң, Едиге Тәмирлаң (Әмир Тимур) сарайына қашып, сол жерде және бир сиясий қашқын болған Тоқтамыс пенен танысады. 5. Тоқтамыс хан болған соң, Едиге бирқанша ўақыт Тоқтамысқа хызмет етеди, бирақ тез арада оның менен жәнжеллесип қалып, және Темирлаң (Әмир Тимур) сарайына өзиниң жийени болған Тимур-Қутлы (Шынғыз әўлады) менен қоныслайды. 6. Темирлаңниң (Әмир Тимур) 1391-жылғы Тоқтамысқа қарсы атланысында Едиге Тоқтамыс әскерин гүзетип жүрген. "Кундөрше" саўашынан соң, Едиге Темирләң (Әмир Тимур) тәрепинен өзине бойсынған халықтан әскер топлаў ҳәм оның Темирлаң (Әмир Тимур) әскерлерине қосыў ҳаққында пәрман (буйрық) алады. Едиге өз сөзинде турмай ҳәм көп санлы халықты жыйнап алып, Алтын Орда тахтына өз жийени болған Тимур-Қутлықты (Шынғыз әўлады) хан көтереди. 7. Тап 1395-жылға шекем, Едиге өз ҳәкимятын Едилден шығысқа қарай беккемлейди. Ал Тәмирлаң (Әмир Тимур) Терек дарьясы бойында Тоқтамысты екинши мәрте жеңип шыққаннан соң, Едиге дерлик Алтын Орданың барлық аймақларынан жаўлап алады. 8. Тоқтамыс жеңилистен соң өзин жөнлеп алып, Литова князы Витовта тәрепинен жәрдем алады ҳәм оның әскерлерин Едиге ҳәм Тимур-Қытлыға (Шынғыз әўлады) қарсы атлайды. Ворксл жанында, Едигениң ҳийлекерлиғи себеп Литова ҳәм Тоқтамыс әскерлерин жеңип шығады. 9. Тоқтамыс бул жеңилистен соң, Едигеге қарсы партизанлық урыс баслайды. Олар арасында 16 саўаш болып өткен ҳәм ақырында Тоқтамыс соңғы саўашта қаза табады. 10. Тоқтамыстың өлиминен соң, Едиге қолына оның қызлары Жәнике ҳәм Ханбийке (Хәнике) тутқынға түседи. Едиге Жәникеге үйленеди, ал оның улы Нураддин болса Ханбийкеге уйлениўди қәлейди, бирақ кенегес руўынан болған Жанбай-бийдиң мәккарлығы себеп әке ҳәм ул ортасына ала-аўызлық түседи. 11. 1408-жылы Едиге Мәскеўге (Москва) аталаныс жасайды ҳәм Мәскеў князын қайта салық төлеўге мәжбүрлейди. 12. Едиге өз ҳүкимдарлығы ўақтында Алтын Орданың көшпели халқына ақыры Ислам динин ендиреди. Бул арқалы айыпкерлерди Мысырға ҳәм басқа да мусылман мәмлекетлерине қул қылып сатыўға тыйым салады. 13. 1410-жылы Едиге Орда тахтына Тимур-Қытлықтың улы Тимур-ханды көтереди. Кейиншелли Тимур-хан Едигени ҳәкимяттан шетлетеди ҳәм Едиге Хорезмге қашыўға мәжбүр болады. 14. Хорезмде болған бирнеше жыллардан соң, Едиге қайтадан ҳәкимят ушын гүрести баслайды ҳәм нәўбет пе-нәўбет Алтын Орда тахтына қуўыршақ ханларды өтырғызып, ҳәкимятты басып алады. 15. 1415-жылы Едиге өз ҳаялын Жәникени 500 жаўынгер менен Мысыр арқалы Меккеге Ҳаж сапарына жибереди. 16. 1415-жылы Едиге Киев ҳәм басқа украин қалаларын посқынлыққа ушратады. Бул ўақыядан соң Литова князы Витовта менен жарасып алады. 17. Шығыс тарийхшысы Ибн Арабшах Едиге тәрипин былай қалдырады: "Ол қара-пәрең [жүзли], орта бойлы, толық денели, даўжүрек, бир қараста қорқынышлы, жүдә ақылла, жомарт, жағымлы кулки йиеси, терең ойшыл ҳәм зийрек адам еди". 18. Едиге Күшик ямаса Ноғай (монғол тилинен күшик) деген лақабқа йие болған. Бул негизинде Едиге руўының, яғный Ақманғыт руўының Ноғай тийреси болған. Кейиншели бул Едигеге бойсынған Алтын Орда тайпаларының этникалық атамасы болған. 19. Тоқтамыс қаза тапқаннан кейин, Едиге оның жас баласы Қәдырбердини тутқанға алады. Едигениң ҳаялы Жәнике өз үкесиниң қазаланбаўына оны көндиреди. 1419-жылы Қәдырберди жасы жеткеннен соң ол Тоқтамыс тәрептарлары менен Едигеге қарсы атланысқа басшылық етеди. Жайық (ҳәзирги Урал дарьясы) бойында болған саўашта ҳәм Едиге, ҳәм Қәдырберди қайтыс болады. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Тигиўши ғарры. Кишкене бир аўылда тигиўши ғарры жасар екен. Лекин ол қымбатбаҳа ҳәм шырайлы кийимлерди жақсы нарыққа сатады екен. Кунлерден бир куни усы аўылда жасайтуғын кәмбағал адамлардан бири келип тигиўшиге: Сиз кәсибиңиз арқалы дым жақсы табыс табасыз, лекин не ушын бизге усаған пақыр-пухараларға садақа қылмайсыз. Әне, аўылымыздағы қассапқа қараң, ол  ҳәр айда кәмбағаллар ушын мәлим муғдардағы гөшти ешейин тарқатады. Соннан өрнек алсаңыз болмай ма?!-депти. Тигиўши ғарры оған ҳеш нәрсе демей, жылмайып қойыпты.Тигиўшиниң қарым-қатнасынан кәмбағал және де ғәзепленип шығып кетипти ҳәм пүткил аўылға тигиўшини сықмар, зықна деп жаманлап шығыпты. Оның  гәпинен тәсирленген аўылласларында тигиўшиге деген ғәзеп пайда болыпты. Арадан бир қанша муддет өтип тигиўши  қатты сырқатланып, жатып қалыпты. Жанында жүргенлер де оның ҳалынан хабар алмапты.  Сол жатқанынша тигиўши  қайтып  турмапты, қайтыс болыпты. Кунлер өтип аўылдың кәмбағаллары қассап ҳеш кимге гөш бермей қойғанлығын байқап қалыпты. Буның себебин сораў ушын қассаптың алдына барыпты. Сонда қассап: тигиўши ғарры ҳәр айда маған мәлим муғдарда ақша берип, кәмбағалларға тегинге гөш тарқатыўымды сорар еди. Қайтыс болғаннан кейин пул келиўи тоқтап қалды. Сонлықтан ендиги жағында сизлерге тегинге гөш бере алмайман, депти. Оқың бирақ жыламаң.... каналынан алынды. https://t.me/ibratli_sozler