ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 780 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 323,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 448

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 780 名订阅者。

根据 12 七月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -259,过去 24 小时变化为 1,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 28.31%。内容发布后 24 小时内通常能获得 19.91% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 5 319 次浏览,首日通常累积 3 741 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 45

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 13 七月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 780
订阅者
+124 小时
-307
-25930
帖子存档
#ДАНЫШПАНЛАР Ҳәзирети Султан Яссаўийдиң дүньядан өтиўи. Қарабура әўлийениң тарийхы Ҳәзирети Султан тири гезинде Ақ Түркиниң пири деген атаққа ийе болған. Пүткил түрки халқы, ел басқарып отырған хан-султанлар оны уллы устаз деп ҳүрмет еткен. Ҳәзирет Султанның үйи руўҳый орталық ҳәм зиярат орнына айналған еди. Селжуқ ҳәм Қарахан бийлеўшилери бәрҳа әўлийе баба менен мәсләҳәтлесип турған. Сырдарья ҳәм Әмиўдарья бойын мәкан еткен оғыз тайпаларының басшылары да ҳәзиретке сәлем берип, тез-тез келип турған. Селжуқ бийлеўшиси Санжар ҳәм Қарахан бийлеўшиси Арыслан қаған ҳәзирет Султанға келерде, устазға деген ҳүрметин көрсетип, Түркистанның төбеси көрингеннен баслап аттан түсип, жаяўлап келеди екен. Түркистан қақпасынан кирген соң жуўынып, тазаланып, тәҳәрет жаңалап келеди. «Биз султанбыз» деп көкирегин кермей, өзин хан екенлигин жар салып айтпай, медресениң табалдырығын әдеп пенен атлайтуғын. Ҳәзирети Султан оларды илтипат менен қарсы алады. Ол хан-султанлардың ийилип тәзим еткенин хош көрмеген. «Ел басшысы ийилсе, душпанға таба болады» деп айтар екен. Сол себепли өзи қарсы шығып, ҳүрмет көрсеткен. Қарахан бийлеўшиси Ахмед Арыслан Ҳәзирети Султанның қайын атасы еди. Яссаўий оның Айша деген қызын алған. Ол заманда Қарахан қағанларында еки титул болған екен. Үлкен ханға Арыслан, киши ханға Боғра (Бура) деп атаған. Арыслан хан дүньядан өткен соң, оның орнына Ибраҳим деген баласы тахтқа отырады. Ол Яссаўийден он жас киши екен. Устаздан сабақ алып, тәлим-тәрбия үйренеди. Халық оны атақ-тегине қарай «Бура» деп атап кеткен. Кейин илимге қанығып, жүрек көзи ашылған соң, Яссаўий оның атына «Қара» сөзин қосып, Қарабура деп атаған. «Қара» сөзи ески түрки тилинде «кийели» деген мағананы билдириўи айтылады. Түрки журтында «қарашаңарақ», «Қаратаў» деген атамалар да соннан шыққан. Қарабура медреседе жүргенде, төре туқымы болса да, ақ түйесине минип, медресеге отын тасыған. Таң сәҳәрден бәринен бурын турып, от жағып, тәҳәрет суўын жылытып қояўды әдетке айландырған екен. Бул әдетин бир мәртеде қоймаған. Бир күни Яссауий таң сәҳәрде тәҳәрет алыўға шықса, Қарабура әдеттегидей сексеўилди жағып, суўын жылытып отыр екен. Устазын көрип, әдеп пенен сәлем берип, қуманын усынады. Сол гезде Яссаўий шәкиртиниң хызметине ыраза болып, мейири оянады. — Қарабурам, — деп маңлайынан сыйпап, биринши мәрте исимине «қара» сөзин қосады. — Хызметиңе разыман. Ханның улы болсаң да еринбей, қарашадай хызмет қылдың. Не тилегиң бар? Тәңириден дуўа қылайын, — дейди. Қарабура: — Сизге өлгенше хызмет қылып өтсем, басқа әрманым жоқ, — дейди. Кейин әкеси дүниядан өткен соң, Қарабураны Қарахан елиниң хан ордасына тахт мийхоры деп алдыртады. Қарабура барғысы келмейди. Сонда Яссаўий: — Елге еткен хызмет маған қылған ҳүрметтен де жоқары. Халық — Қудайдың бир аты. Олар да әдил басшыға мүтәж. Пайғамбарлар да ел басқарған. Әдиллик пенен ел басқарыў — сүннет, — деп ханлыққа көндиреди. Қарабура устазын қыймай хошласады. Кетеринде Қарабура былай деди: — Я, уллы устазым! Сизге шексиз миннетдарман. Кәпир нәпсимди әбден тәрбиялап, геўдеме жан бағышлап орнаттыңыз. Ҳикмет илимин қанша меңгерсем де, қумарым ҳеш тоймайды. Өмир бойы қасыңызда болып, зикир айтып, хызметиңизди қылып жүриўге тайынман. Бирақ сизиң буйрығыңыз биз ушын заң. Көўлимде сиз онсыз да мәңгиге орнықтыңыз. Сонда да көзим менен көрип, еске салып жүретуғын бир буйымтай сорап алайын. Соған руҳсат етсеңиз, — дейди. Яссаўий: — Балам, қысылма. Не тилейсең? Буйымтайың не? — деди. Қарабура: — Қолыңыз тийген мына гүмис қуманды тилеймен. Намазға тәҳәрет алған сайын өзимди қасыңызда жүргендей сезинейин, — деди. — Болсын! — деди устазы. Арадан узақ жыллар өтти. Хожа Ахмет он мыңлаган шәкирт тәрбиялады. Уллы дала көкирек көзи ашылған дәрўишлер менен руўҳый қулпырып турды. Дийдар тилеген шәкиртлер шартәрепке тарады. Гейбиреўлери шетки аймақларға кетип, сол жақларда илим шырағын жақты. Бирақ әмел нешик… Өлим — хақ! Тири жанға бир өлим келери анық. Ҳәзирети Султанның да ақырғы деми таўсылып, бақыйға атланар ўақты таяды. Устаз төсек тартып жетип келди. Шәкиртлери ырзаласыў ушын тегис жыйналды... Даўамы бар...

‎Абдиdan audio

#ИБРАТ ⚡️2026-жыл «Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти күшейтиў жылы» деп жәрияланды. 💥   🔹   💥   🔹   💥   🔹   💥 ❗️ДЫҚҚАТ ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ❗️ «УСТАЗ ЖОЛЫ» газетасы💥 2026-жыл журтымызда «МӘҲӘЛЛЕНИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ҲӘМ ЖӘМИЙЕТТИ КҮШЕЙТИЎ ЖЫЛЫ» атлы Республикалық таӊлаўын жәриялайды! Таӊлаўда ҳәр бир тараў пидайысы жетискенликлери ҳаққында 1 бет мақала жазады. Жоқары көрсеткишке мүнәсип муғаллим, шыпакер, спортшы, мәденият хызметкери, мәҳәлле белсендиси, профессор-оқытыўшы, қурылысшы, фермер, исбилермен ҳәм студент жаслар жетискенликлери баҳаланып шөлкемлестириўшилер тәрепинен <Даңқлы ел ардағы>, «Өз кәсибиниң пидайысы», «Әдиўли устаз», жаслар ушын «Үмит шамшырағы» көкирек нышаны ҳәм  арнаўлы «Диплом» менен сыйлықланады! PS: Өз тарауында пидайы мийнет еткен бүгинде ақлық, шаулық мақтанышы ата-аналарда таңлауға (перзентлер қәуендерлигинде) қатнасыуына болады. Олардың хәр бири бүгинги күнимиздиң тийкары. Ата-ана хүрметке ылайық! Сизге жаңа мотивация ! Толық түсиник тел: 907149528 Жуўмақ:  30.01.2026 https://t.me/USTAZ_JOLI

Базаргул_Каримова_Мухабатыма_сл_Зарипбай_Халмуратов_муз_Калбай_Толегенов.mp37.62 MB

Бир қария, мектеп оқыўшысына сораў берди...... - Сен көбинше нени қәлейсең балам?... - Мен, ата - анамның ҳәмийше жанымда болыўын қәлеймен. Және, ҳеш қашан урыс болмаўын қәлеймен, - деди..... Бул  ең дана  ҳәм жағымлы жуўап еди....      Қәдирданлар! Сизлерге түннен тынышлық тилеймиз. Жатарда тилек тилеўди умытпаң.... Аман жатып турың жақсыларым !!! 🌟🌟🌟 ✨✨✨✨✨✨✨✨✨ https://t.me/ibratli_sozler

ZAMIRA_XOJANAZAROVA--ELLERIM_BARDI (2).mp31.81 MB

#Даналық 📜Аўызбиршилик қайда болса, берекет сонда болады. ✍Қарақалпақ халық нақыл-мақаллары https://t.me/ibratli_sozler
#Даналық 📜Аўызбиршилик қайда болса, берекет сонда болады. ✍Қарақалпақ халық нақыл-мақаллары https://t.me/ibratli_sozler

Хəр нəрсеге орынсыз мурын суғып араласа беретуғын, жалаңқая адам-?
Anonymous voting

Ертедеги патша, бий аталықлардың мəслик ушын аңға шығыуы-?
Anonymous voting

Сөкит-?
Anonymous voting

Сəдир-?
Anonymous voting

Балаларды жүриуге үйретиуши транспорт қарақалпақша қалай аталады?
Anonymous voting

КЕЛИНИҢ ЖАҚСЫ БОЛСА - ӨЗИҢ ҲӘМ УЛЫҢ ӨРЛЕЙСЕҢ, КЕЛИНИҢ ЖАМАН БОЛСА ӨЗ УЛЫҢА ӨГЕЙСЕҢ, ЕНЕ ЖАҚСЫ БОЛСА - КЕЛИНДИ АЙЫРМАЙДЫ, ЕНЕ
КЕЛИНИҢ ЖАҚСЫ БОЛСА - ӨЗИҢ ҲӘМ УЛЫҢ ӨРЛЕЙСЕҢ, КЕЛИНИҢ ЖАМАН БОЛСА ӨЗ УЛЫҢА ӨГЕЙСЕҢ, ЕНЕ ЖАҚСЫ БОЛСА - КЕЛИНДИ АЙЫРМАЙДЫ, ЕНЕ ЖАМАН БОЛСА - КЕЛИНДИ КӨП ҚЫЙНАЙДЫ. 🧡💛💚💙💜 🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃 Ибрат алғыңыз келсе, каналымыздан узақласпаң...... https://t.me/ibratli_sozler

Dos + (2).mp36.29 MB

💥💥💥💥💥💥💥💥💥 Эй Аллахым, мен менен сөйлес........ (Биз қам сүт емген бенделер) 💦💦💦💦💦💦💦💦💦    Күнлердиң бир күнинде, бир адам қолларын аспанға созып жалынды: "Аллахым мен менен сөйлес!"... Әйне сол ўақытта сол адамның бағында бир бүлбүл өзиниң ең соңғы қосығын айтып атырған еди...... Адам бүлбүлге қулақ салмады, ол Аллаға жалыныўды даўам етти.....: "Аллахым! Мен менен сөйлес!". Бираздан соң ҳаўа өзгерип, шақмақ шағып күшли жаўын басланды. Тек  сол адам нәзер салмады, ол жалыныўды даўам еттирди.....: "Аллахым! Сени көриўге рухсат бер!"... Ол усындай етип жалынып отырғанда, жаўын  тоқтады ҳәм қуяш өзиниң өзгеше нурларын сол адамның үйиниң ишине дейин түсирер еди. Бирақ адамзаты сол мәнзарағада итибар бермеди. ...... Ол жалыныўды даўам етти.: "Маған бир илахый мөжизе көрсет Аллахым!"..... Ол Аллаға жалынып отырғанда, қоңсы үйде жаңа туўылған бөбектиң жылаған даўысы қулағына  еситилер еди. Бирақ,..... адамзат буны да парқламады... Сол адам қатты қайғыдан жылар еди: "Аллахым! Жуўап бер маған! Усы жерде екенлигиңди маған билдир !....... Сол ўақытта бир гүбелек адамның қолына қонды, бирақ ол басқа қолы менен гүбелекти қуўып,  ушырып жиберди. Және жылап жалыныўды даўам еттирди.     Биз инсанлар,  қасымызда болып атырған ҳәдийселерге, нәрселерге итибар бермеймиз. Ҳәр бир болып атырған нәрселер Алланың қәлеўи менен жүз береди. Солай екен, әтирапымыздағы ҳәр бир затқа , ҳәр бир ҳәрекетке, қыймылдыға итибарлы болайық!!!    Қуласа сизден әзизлер!..... Аўдармалаған: Гулдасте Қурбанбаева https://t.me/ibratli_sozler

2_5206414443461742369.mp33.10 MB