en
Feedback
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

Open in Telegram

Сиз бул жерде Қарақалпақстан тарийхы, тарийхый ўақыялар бойынша мағлыўмат аласыз!!! 28.01.2023 жыл саат 19:00 де канал ашылды Инстаграм канал https://www.instagram.com/tariyxa_nazaer? Ютуб канал https://www.youtube.com/@karakalpak_horde7413

Show more
1 917
Subscribers
No data24 hours
-17 days
+730 days

Data loading in progress...

Tags Cloud
No data
Any problems? Please refresh the page or contact our support manager.
Incoming and Outgoing Mentions
---
---
---
---
---
---
Attracting Subscribers
September '26
September '26
+15
in 1 channels
August '26
+64
in 2 channels
Get PRO
July '26
+33
in 5 channels
Get PRO
June '26
+36
in 2 channels
Get PRO
May '26
+59
in 5 channels
Get PRO
April '26
+40
in 4 channels
Get PRO
March '26
+45
in 6 channels
Get PRO
February '26
+88
in 19 channels
Get PRO
January '26
+60
in 6 channels
Get PRO
December '25
+99
in 5 channels
Get PRO
November '25
+136
in 3 channels
Get PRO
October '25
+64
in 4 channels
Get PRO
September '25
+42
in 1 channels
Get PRO
August '25
+28
in 2 channels
Get PRO
July '25
+38
in 1 channels
Get PRO
June '25
+76
in 3 channels
Get PRO
May '25
+52
in 2 channels
Get PRO
April '25
+66
in 2 channels
Get PRO
March '25
+107
in 2 channels
Get PRO
February '25
+70
in 6 channels
Get PRO
January '25
+79
in 1 channels
Get PRO
December '24
+89
in 2 channels
Get PRO
November '24
+77
in 3 channels
Get PRO
October '24
+70
in 1 channels
Get PRO
September '24
+96
in 0 channels
Get PRO
August '24
+107
in 2 channels
Get PRO
July '24
+89
in 0 channels
Get PRO
June '24
+178
in 3 channels
Get PRO
May '24
+104
in 3 channels
Get PRO
April '24
+143
in 2 channels
Get PRO
March '24
+326
in 2 channels
Get PRO
February '24
+199
in 1 channels
Get PRO
January '24
+232
in 4 channels
Get PRO
December '23
+103
in 5 channels
Get PRO
November '23
+158
in 3 channels
Get PRO
October '23
+47
in 0 channels
Get PRO
September '23
+117
in 0 channels
Get PRO
August '23
+82
in 0 channels
Get PRO
July '23
+181
in 0 channels
Get PRO
June '23
+99
in 0 channels
Get PRO
May '23
+173
in 0 channels
Get PRO
April '23
+185
in 0 channels
Get PRO
March '23
+852
in 0 channels
Date
Subscriber Growth
Mentions
Channels
10 September0
09 September+1
08 September+7
07 September+1
06 September+1
05 September+2
04 September+2
03 September0
02 September0
01 September+1
Channel Posts
XX әсир басында Хан Мақсым тусында қарақалпақлар әскерий отряд дүзе баслаған, буның ушын қурал-жарақ керек еди, сораў қарақалпақлар қурал-жарақты кимлерден сатып алған?
Anonymous voting

2
Қуйын урыўы. Шыңғыс урпақлары тәрепинен Жақын Шығыста (Ирак, Ирак, Сирия) дүзилген Елхан мәмлекети урыўлары арасында қуйын ур
Қуйын урыўы. Шыңғыс урпақлары тәрепинен Жақын Шығыста (Ирак, Ирак, Сирия) дүзилген Елхан мәмлекети урыўлары арасында қуйын урыўы бар еди. "Муизз аль-Ансаб" шығармасында татар қәўими қурамындағы қуйын урыўынан болған әмирлердиң аты келтирилген. Соған қарағанда қуйын урыўы елдиң ақсүйек элита урыўларынан болған. Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
574
3
Тилсиз сөйлеген тарийхым Қарақалпақстанның Совет дәўиринде қабыл етилген латын әлипбеси ең дәслеп "Қызыл Қарақалпақстан" газе
Тилсиз сөйлеген тарийхым Қарақалпақстанның Совет дәўиринде қабыл етилген латын әлипбеси ең дәслеп "Қызыл Қарақалпақстан" газетасында жарияланған. Tilsiz sóylegen tariyxim телеграм каналынан алынды👇 https://t.me/lkgfm
608
4
Қарақалпақ руҳы! Дерек: aabuoff
Қарақалпақ руҳы! Дерек: aabuoff
607
5
Сораў бойынша мағлыўмат Хийўа ханы Мухаммед Амин 1855-жылы Сарахс атланысында қаза табады, усыдан кейин көтерилисши Сарахс түркменлерине басқа түркмен урыўлары да қосылып ханлықта ири көтерилислер басланады. Жаңа хан етип Абдулла сайланды, ол арадан алты ай өтип түркмен урыўлары менен саўашта қаза болды, будан кейин көтерилислер одан да күшли ҳәўиж алды, түркменлер Атамуратхан басшылығында, арқадағы делта халқы Ерназар Алакөз басшылығында ҳәрекет баслады. Хийўа тахтына Қутлы Муратхан келди оны сарайдағылар тез арада өлтирди. Будан кейин Сейд Муҳаммед Хийўаға келип хан болды, оны айрым түркмен урыўлары қоллап еди, сол түркменлер күши менен қарсыласларын жеңиўге еристи, Атамуратхан жеңилип Ерназар Алакөз көтерилиси бастырылды. Будан соң 1858-жыл Қоңыратта және көтерилис басланды, буған да Атамуратхан араласты, 1859-жылы Хийўа бийлиги Қоңырат көтерилисин бастырды, Атамуратты саҳраға шегиндирди. Усы жыллардағы ишки урыслар себеп ханлық экономикасы биротала ўайран болды, суўсызлық, урыс келтиршен ўайрангершилик, тонаўшылық себеп ханлықта ашлық басланды. Бухара ҳүкмети Хийўа менен арадағы келиспеўшилик себеп Хийўаға бийдай-дән сатыўды қадаған етип қойып еди. Сейд Муҳаммедхан аўыр жағдайда Хийўаның сыясый қарсыласы болып келген Бухара әмирлигине бет салып дәнге қойылған шеклеўди алып таслаўды соранды. Усы жылы өткерилген және бир өзгерис қарақалпақларды басқарыў структурасы өзгертилди, қарақалпақлардың ишки мәселелерин шешиў Ағабийге тапсырылды. Көтерилислер себеп Хийўа ҳүкимети түркмен ҳәм қарақалпақ урыўларын мәселесинде өз сыясатын қайта көрип шықты, бул Хийўа ханлығының бурынғы қуўаты кеткени, енди ханлық дағдарыс алдында турғанының белгилери болып көрине баслады. Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
722
6
Қайсы көтерилистен соң Хийўа ханлығында ашаршылық басланып, хан шаңарағы да ашлықтан қыйналып Бухарадан жәрдем сораған?
697
7
Тарийхтағы қайсы көтерилистен соң Хийўа ханлығында ашаршылық басланып, хан шаңарағы да ашлықтан қыйналып Бухарадан жәрдем сораған?
1
8
Маджму ат-Таварих.pdf
875
9
Әййемги қара-қалпақлардан бүгинги қарақалпақларға шекем. Хазар Қалғанлығы қулаған соң бул аймақтағы қәўимлер жаңа сыясый бирлеспеге "қара-қалпақ" аўқамына ене баслаған. Олардың аты "папақ" этноними ҳәм Арал бойы халқының қарақалпақ атына уқсас болған. Усыдан келип шығып Мас'удий ҳәм басқа тарийхшылар бажанақ, бажене, бажғард ҳәм нәўкерде сыяқлы төрт қәўим аўқамын сондай-ақ Арқа Кавказдағы ас-алан қәўимлерин түркий халықларға киргенин түсиндиреди. Изертлеў усыны көрсетеди бул халықлардың этногинезинде Арал бойындағы "қара-қалпақ" қәўимлери әҳмийетли рөл ойнаған. Хазар ели қулған соң олар аймақта белсендиликти қолға алып сыясый үким орнатыўға ҳәрекет еткен. Қара-қалпақлар Қаратеңиз бойы ҳәм Қырым тәрепте ҳәрекет еткени себепли оларды "жаға халқы", "теңиз бойында жасаўшылар" деп атаған. Казаклар (рус казаклары) жәмийетиниң әскерийлескен қасийети себепли оларды казаклар (папақлы адамлар) деп атаған. Кейинрек олар славянлар менен қосылып кеткен ҳәм "хохоллар" деп аталған. Хохол сөзи түркий тилдеги "күкулдаш" (қарындас) сөзи менен байланыслы. Қара-қалпақлардың әўладлары Түркия, Иран, Әзербайжан, Гүржистан, Дағыстан ҳәм басқа аймақларда борчалы ҳәм казак атлары астында сақланып қалған. • ноғайларда - бурчаулы • қумықларда - бурче • қазақларда - бериш • қырғызларда - бериш • поляк татарларында - береш • қыпшақларда - қара папак, қара бөрикли Демек Хорезм ҳәм Арал бойы аймақларынан Арқа Кавказ, Қаратеңиз бойларына келген аслар жаңа журтта бурынғы туўысқанлары буржонлар, башқуртлар, печенеглер менен ушырасқан. Батыста аслар батыс түрки (түркеш) ҳәм Хазар қағанлығы урыўлары менен биригип "қара-қалпақ" қәўим аўқамын пайда еткен. Кейинрек онда қыпшақлар келип оларға қыпшақлардың аристократик елбөри урыўы басшылық еткен. Моңғоллар дәўиринде бул қәўимлер Хорезм ҳәм Арал бойы аймақларына жайғасқан. Кейинги дәўирде рус казаклары ҳәм Дешти Қыпшақтың көшпели қазақлары усы қара-қалпақ, ас, қыпшақ, қаңлы сыяқлы түркий қәўимлердиң әскерий бөлимшелеринен қазақ атын алған. "Шайбанийнама"да Алай көшпелилери қурамында найман, маңғыт, қоңырат, дүрмен ҳәм үйсин сыясаты урыўларды ушратамыз. Олар "Манас" эпосының кейинги вариантларында қырғызлардың аўқамласлары ретинде сәўлеленеди. Деректе қусшы, жалайыр, сулдуз, барлас, арғын ҳәм басқа қәўим атлары да ушырасады. Бул қәўимлер Моғолстанда (ҳәзирги Жетисуў, Шығыс Түркистан аймақлары) да мәлим болған. Кейинрек жоқарыла айтылған қәўимлер қырғыз, ноғай, өзбек, қазақ, қарақалпақлар қурамына кирген. Сибирдеги тайбуғалар айынлы урыўынан келип шыққан, өз гезегинде айынлылар шығысы жағынан қоңырат ҳәм шулжуўытлар менен туўысқан. Айынлылар Көшимхан ләшкеринде төрт тийкарғы әскер қурамында болған. Башқурт раўаятларына көре Сейдақ батыр айынлылардан болған, оның әкеси Бекполат өлтирилгеннен кейин Сейдақ Бухараға кеткен. Сибир жылнамаларында Сейдақтың Бухарадан қайтыўы туўралы былай делинеди: "... пүткил шаңарағы ҳәм нөкерлер менен жыйылды" Бирақ Ермактың атланыслары дәўиринде ол және Бухарадан Сибирге қайтып келген. Шежире мағлыўматларына көре Сейдақ айынлы урыўынан болып сол дәўирдеги Сырдәрья яки Бухараға жақын жерде усы урыўдың ханы болған. Бул урыў Хорезм, Үргениш, Хийўа, Қоңырат атрапында жасаған. Сейдақ қарақалпақ ҳәм қазақлар ханының қызына үйленген. Кейинрек Сейдақ батыр Башқурт жериндеги Миас дәрьясы бойларына көшип кеткен. Сондай-ақ Дешти Қыпшақтың 92 урыўы ишине қарақалпақлар да киргизилген. Дерек: «Маджму ат-Таварих» как исторический источник (Полный перевод, анализ и комментарии) (2017). Акеров Табылды Абдраманович Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
947
10
Бул бир ана ҳәм оның баласы туўралы өмир бети. Биз видеоға қосымша түсиндирме бермеймиз, оны ҳәр ким өзбетинше қабыл еткени м
Бул бир ана ҳәм оның баласы туўралы өмир бети. Биз видеоға қосымша түсиндирме бермеймиз, оны ҳәр ким өзбетинше қабыл еткени мазмунлырақ. Контент жасалма интеллект жәрдеминде исленди. Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
1 387
11
Қарақалпақлар туўралы, 1727-жылғы карта. Қарақалпақлар сан жағынан көп, жаўынгер ҳәм еркин халық. Олардың өз патшасы бар, бирақ олар оған қопал мүнәсибетте болады. Олардың турмыс салты қалмақлардикине уқсайды, дини болса Муҳаммед дини (Ислам). Қазақлар да мусылманлар ҳәм ҳәр тәрептен қарақалпақларға уқсайды. Олар қарақалпақлар менен дос және урысларда бир-бирине жәрдем береди. Бирақ қазақлар сан жағынан әдеўир көп ҳәм соншели жаўынген болғаны урыс ўақтында ҳаяллары да қурал алып урысқа шығады. Хийўа Өзбекиядағы қала ҳәм ханлардың ордасы. Ол жерде ҳүкимдарлар "патдышаҳ" деп айтылады. Хийўа халқы бухара өзбеклерине уқсайды... Арал деп аталатуғын бул халық мусылман болып, Арал теңизинен онша узақ болмаған жерде отаўларда жасайды. Олардың бир киши қорғаны бар, ол ханлардың ордасы есапланады. Мен ол жерде болғанымда хан Сәтемир Султан деп аталатуғын еди. Каналымыз:
2 243
12
Крилл имласына аўдарма: 1а (биринши бет) Ҳу Аллаҳ (1) Деўлетлү са'адетлү тама'м жиҳән йүзиниң падшаҳи Питер Алекчай-ич (2) ҳәзратләригә ма'лум ола ки, биз бандаңиз ол Қазан шеҳриндин қачиб кеткани (3) Сырдариядә муқым болған әшкарә азминлик Қазан губернсиндин ўә ҳәм (4) Ҳажытархан губернасиндә ол сабабдин ким ал-Қазан (5) шеҳриндә Менкита Олфирач зийа'д башы бирле атамыз ўе ҳәм ҳатунымызны (6) ҳәм өзимизни соқтырған наҳақ жердә ақ бизләр тазаға (7) чиққан азқасының соқақларның фида жай әнкар ҳеч сораўаз (8) туйулмаған тама'м мир халайық тазадур деб бизләрни залалаған (9) ол Микита бизләрғә ҳеч қоймай өзмай йүрган андин соң (10) мир ҳалайық бирлән жаў болған ол Микитадин қачиб ят юр- (11) -тларда йүрүб өз падшаҳымыз ҳәзратләригә язғулу болған ушбу (12) ишләр тама'мы бирақ бизләрдин ирмаз, ол Микитаны ҳақ (13) жердә ақ кимгә учкиса аны өлтурур, ҳеч язу- (14) -қтын қорқмас, падшаҳ ҳәзратләригә ма'лум имас 1б (екинши бет) (15) Ўә ийнә ма'лум ола ки, падшаҳымыз Питер Алейчай-ич ҳәзратләригә биз каминә (16) сизләриңниң қулыңызмыз ҳәм үшбунда туруб ақ падшаҳ қуллу- (17) -ғун түбәмиз үстүндадур, қабул қылурмыз (18) ўә ҳәм қайу юртларда яни қазақ қарақалпақ болған урталар (19) тамамыны билүрмиз ўә ҳәм йолу бирилғә тайуб қайтарурмыз (20) ўә ҳәм Султан Муратхан да болған... Аўдармашы: https://t.me/enalapichiniye Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
1 664
13
Қарақалпақ ханы Есим Муҳаммед Баҳадурдың 1725-жыл Россия Империясы патшасы Пётр I ге жоллаған хаты. https://t.me/Tariyxqa_naz+1
Қарақалпақ ханы Есим Муҳаммед Баҳадурдың 1725-жыл Россия Империясы патшасы Пётр I ге жоллаған хаты. https://t.me/Tariyxqa_nazer
1 406
14
XIX әсир басында Хорезмде Хийўадан ғәрезсизлик бирликлер. XVIII әсир соңы XIX басында қарақалпақ урыўлары сыясый пытраңқылық
XIX әсир басында Хорезмде Хийўадан ғәрезсизлик бирликлер. XVIII әсир соңы XIX басында қарақалпақ урыўлары сыясый пытраңқылық жағдайында еди. Әмиўдәрья бойындағы қарақалпақ бийлери дәслеп Есенгелди Мәҳрем басшылығында (соңынан Айдос бий) олар Хийўа ханына бағынған. Қоңыраттағы Төремурат Супы ҳәм оның Таллық жағасындағы қарақалпақ аўқамласлары Хийўаға қарсы ҳәрекет еткен. Олар 1811-жылы ғана күш пенен бағындырылды. Ағжағыс қарақалпақлары Әмиў бойына көшиў нийетинде еди, бирақ Хийўа ҳүкмети оларды Әмиў бойына өткермей турған, будан тысқары Хорезмдеги бурыннан киятырған сыясый үрдис бойынша Ағжағыс Хийўа сорамына кирмеген. Бирақ Ағжағыстағы бийлик Айдос ҳәм Аймурза бийлер қолына өткен соң ондағы қарақалпақлар Әмиў бойына көшип өтти. Жаңадәрьядағы қарақалпақ бийлери Хийўа сорамына өтиўге қатты қарсы еди, олар Бухара әмири менен жақын байланыста еди, олар Орта Жүз қазақ султанлары менен де байланыс етиўге ҳәрекет еткен. Соған қарамастан Хийўа ханлығы бул бирликлердиң барлығын бағындырды.
1 553
15
Ҳенри Мозердиң "Орта Азия бойлап" атамасындағы мийнетинен үзиндилер. Ҳенри Мозер 1882-1883-жыллары Орта Азия бойлап саяхат еткен ҳәм естеликлерин жазған. • Оренбургтен кеткенли берли биринши мәрте тыныш уйқладық. Ертеңине Сырдәрья бойына жол алдық. Ол жерде империяның "Обкоутчеф" атлы пуў кемеси бизди күтип тур еди. Генерал ҳәм оның жолдаслары кемеге минди. Күн жүдә әжайып еди, шатыр саясында отырып дәрья бойлап төменге қарап сүздик ҳәм ушып баратырған қусларға мылтықлардан оқ атып сәлем бердик. Генерал Сырдәрьяның киши Жалакөл атлы көл менен биригип атырған жериндеги каналды көриў ушын киятыр еди. Бул канал пүткиллей жергиликли халық тәрепинен қазылған. Онда Хийўадан келген 400 қарақалпақ мийнет еткен, каналдың қазыў режесин де жергиликли кадрлар дүзген. • Биз кесип атырған мәмлекет жақсы өзлестирилген ҳәм егин егилетуғын аймақ. Бирақ Әмиўдәрьяның шеп жағасында шөлди суўғарыў арқалы өзлестирилген өнимдар жерлер шеңбери тарайып баратыр. Бул жерлердиң тийкарғы бөлеги ўақым жерлер онда мөл пахта егиледи. Егер аламанлар (тонаўшылық шабыўыллары) қәўипи болмағанда бул үлке дүньядағы ең баҳтлы ҳәм ең бай мәмлекетлерден бир болар еди, өйткени бул жерде суў күтә мол. Халқы тийкарынан өзбеклер ҳәм қарақалпақлардан ибарат. Қумлықлар шетинде ата ҳәм ерсары түркменлери жасайды, олардың бир бөлеги турақлы отырады, бир бөлеги аўылда жасап бир орныннан екинши орынға көшип жүреди. • Узынлығы 500 жүз, кеңлиги 350 жүз верст болған бул ўалаятта (Әмиўдәрья бөлими нәзерде тутылған) тынышлықты сақлаў ушын 3 мың орыс әскери жетерли. Оның районларынан бири Нөкистиң өзи Бельгия менен дерлик тең аймақты қамтыйды. Әмиўдәрья округиниң 130 мың халқы өзбеклер, қарақалпақлар, түркменлерден турады. Жергиликли халық салықларды жыйнаўшы "волостной"ларды өзлери сайланды. Генералдың айтыўынша бул системаның абзал тәрепи сонда, егер жергиликли халық мәмлекетлик хызметлердиң зулымынан арыз етсе оларға төмендегише жуўап бериледи: Бул өзлериңиздиң айыбыңыз, себеби оларды өзлериңиз сайлағансыз-ғо! • Әмиўдәрьяның төменги алғысында орналасқан Хийўа ойпаты 33 000 кв.км майданды ийелейди. Доктор Е. Шмидттиң мағлыўматына көре бул жерде шама менен 150 000 турақ жай бар. Қураны Кәрим қағыйдалары себеп халықты дизимнен өткериў қыйын болса да, үй-жайларды есаплаў мүмкин. Соның ушын ҳәр бир үйде орташа бес адам жасайды деп есаплап мәмлекет халқының шамасын табыўға болады. Усы есап-китапқа көре Хийўа Ханлығының халқы дерлик 750 000 киси еди, олар төмендегише бөлистириледи: а) отырықшы жасайтуғын турғынлар; өзбеклер, сартлар, қуллар, азат етилген қуллар - 65 мың үйли. б) көшпели турғынлар; 1- қазақлар 20 мың үйли 2- қарақалпақлар 23 мың үйли 3- түркменлер шеп шағада 40 мың үйли 4- түркменлер оң жағада 2 мың үйли Жәми; 150 мың үйли. • Хийўа ханлығында нөкерлер Хийўа мәмлекетинде жасайтуғын түрли халықлар арасынан бирдей жалланатуғын еди. Олар арасында өзбеклер, қарақалпақлар, түркменлердиң бәрше қәўимге тийисли кисилер бар еди. Ең көп санды түркменлер қурайтуғын еди... Дерек: A‌ travers l'Asie Centrale, Henri Moser Paris 1886 Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
1 660
16
Мир Иззатуллаҳдиң "Орта Азияға саяхат" атлы мийнетинен үзиндилер. Мир Иззатуллаҳ Ҳиндистанда хызмет еткен мусылман саяхатшы, ол Ост Индия компаниясы тапсырмасы менен 1812-1813-жыллары Орта Азияда болған. • Мәўеренахр яғный Әмиўдәрьяның оң жағасында жайласқан үлке, бир неше ҳүкимдарлар арасында бөлип алынған. Олардың ишинде ең қүдиретлиси Бухара патшасы Әмир Ҳайдар есапланады. Оның ләшкери турақлы болмаған атлы әскерлерден менен бирге шама менен 100 мың нөкерден ибарат. Кейинги орында Қоқан әмири Омархан турады. Үшинши Оратөбе ўәлийси Маҳмудхан. Одан кейин Шахризабз бийи Нияз Али, ол рәсмий түрде Бухараға бойсынғаны менен Әмир Ҳайдар атына қутба оқыўға да теңге басыўға да рухсат бермеген, ол өз аймағында "ўәлий ун-ниам" атағын ислеткен. Бунда тысқары Ҳисарда Сейид бий, Қубадиянда Мурат Али бий менен Дост Муҳаммед бий, Қорғантөбеде Аллаяр бий басшылық етеди. Қазақлар, қарақалпақлар (kurakilpak), қырғызлар сыяқлы көшпели қәўимлер ҳеш бир жеке ҳүкимдарды мойынламаған, қазақлардың рәсмий түрде төре деп аталатуғын баслығы болса да оның әмелде үлкен ҳәқимяты жоқ. • Ташкент жайласқан ўалаят Түркистан деп аталады, қаланың бурынғы аты Шаш болған. Оны кең тегисликлер орап турады ҳәм оның етегинде Шыршық дәрьясы ағып өтеди. Андижан төбешиклериниң арқасында Россия аймағына тутас жерлерде қазақ ҳәм қарақалпақ (kurakooleeak) қәўимлери жасайтуғын кең дала орналасқан, бул қәўимлердиң тийкарғы қаласы Булғар болған яғный Қазан ҳәзир ол Россия сорамында. Бул кең даланың батысында Қаратеңиз шығысында Қытай жайласқан. Қазақлардың бир ортақ патшасы жоқ олар түрли киши баслықлар яғный төрелер тәрепинен басқарылады. • Жиззақ қаласынан өткен соң Самарқандқа жақын жерде Қарақалпақ (Kura Kilpak) елаты бар. • Самарқанд қаласы атрапында бир неше көшпели қәўимлер жасайды, олардың бири қытай екиншиси қыпшақ, бул еки қәўим көбинесе қытай-қыпшақ деп бирге айтылады, және бир қәўим қарақалпақлар (kurakilpak). Бул қәўимлер бурын өз алдына болған болыўы мүмкин, бирақ ҳәзир оларды өзбеклер деп айтады. Дерек: Meer Izzut-Oollah "Travels in Central Asia" Calcutta 1872. Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
1 758
17
Түркистандағы Қарақалпақ Ханлығы. Дерек: nakoshi.edits
Түркистандағы Қарақалпақ Ханлығы. Дерек: nakoshi.edits
1 836
18
Назар ахун ҳәм оның Әўладлары: Тарийхый шежире ​Бул қолжазба — өткен әсирлердеги ел басқарған тулғалар, ахунлар ҳәм ханлар арасындағы қарым-қатнасты баянлаған қымбатлы шежире. Ондағы дереклер бойынша тарийхый көринис төмендегише тәрийпленеди. ​Назар ахунның хызмети: Назар ахун өз дәўиринде Жезқазған ҳәм Қарағайлы аймақларында төрелик етип, хәкимшилик бийликти қолына алған уллы тұлға болған. ​Әўлад ўәкиллери: Шежиреде Айтуғанның улы Нысан ағаның бийлиги, Жанназардың уллары — Бекберген ҳәм Емберген ахунлардың ел исине араласқаны атап өтиледи. ​Тарийхый ўақыялар: Қолжазбада Қиза ханының Нөкерди шақырып, Емберген ахун менен болған мәселелери ҳәм хан алдындағы тартыслы жағдайлар сүўретленеди. ​Шежирелик деректе. Бул жазбалар тек шаңарақлық шежире емес, соның менен бирге сол дәўирдеги басқарыў системасы ҳәм бийлер арасындағы саясий қатнаслардан дерек беретин әҳмийетли тарийхый мийрас болып табылады. ​Бул тарийхый мағлыўматлар Назар ахун әўладлары тәрепинен маған жеке өзиме тапсырылып, қолжазбадағы жазыўларды оқып, аўдарып бериўимди өтиниш етти. Бул тарийхый мийрасты сақлап қалыў ҳәм келешек әўладқа жеткериў — ҳәр биримиздиң ўазыйпамыз. 20-XII-2000-жыл. ​Назар Ахун Дәстаны ​Әзелде Айтұғанның улы Нысан ағаның бийлиги, Нысанның өзи ҳаққында, Қасақан деп, төреликте - Жезқазған, Қарағайлыда - самал болды, батыста. ​Зәманбек - өткен елде ақын болып бийледи. Назар деген - қолға алды. Зәманбек - ақыллы еди, қайта келди. Бул заман - болмады деп, жүрген жоқ па. ​Ақпанбай - Қадырғұлұлы, Зердебай бурында - бахытлы болды, соған күйдик. Зердебайұлының - жас слыўы, Жезқазған Құрбанбай - арстандай еди, бүгин кеттик. ​Айтуған - Қоскелдиұлы, биздиң бала, бурынғы ел - солай болар, Қусайынға. Айтуған мыйрасы - болып турды, Құдайбай улы - еки шекли болды, келисти. ​Айтуғанның - биринши улы Алиакпараз, екинши улы кейинги - Есенғазы. Айтуғанның балалары - үшеў болған, ең кенжеси - Қоскелди Жанғазы. Дауамы бар.. Каналымыз тәрепинен көширмеленди: М. Абдуллаева Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
1 707
19
#Уллы_тулғалар_өмири Емберген ахун улы Нызан мақсым+1
#Уллы_тулғалар_өмири Емберген ахун улы Нызан мақсым
1 421
20
Ту​рақлы ўәкили О. Ерманов әҳмийетли сиясий — хожалық мәселелерин шешиўге белсене қатнасты. ​Бир миллет ўәкилиниң екинши миллет адамлары ушын туңғыш алфавитин дүзиў, сабақлықлар жазып шығыў — тарийхта жекке-сийрек ушырасатуғын қубылыс. Татар С. Мәжитовтың қарақалпақ халық шайыры болып кәлиплесиўинде, оның қарақалпақ мәдениятының атақлы ғайраткери болып жетилисиўинде Ораз Ермановтың тийисли үлеси бар. О. Ерманов шайыр тәбиятлы адам есланып, ол өзиниң бала-шағаларын, бирге ислескен жолдасларын қарақалпақ халқының мәдениятын ҳүрметлеўге, көркем әдебиятты сүйиўге тәрбиялайтуғын еди. ​Қарақалпақ халық шайыры Аяпберген Мүўаев та С. Мәжитовтың мәдений-ағартыўшылық, журналистлик хызметлерин Ораз Ермановтың искерлиги менен бирликте алып, былайынша сүўретлейди: ​Сөз еситиң Ораз, Сейфулғабиттен, Бурыннан ис көрген гөне заводтан, Ташкент үлкесинде уллы ис тутқан, Газит басып, тил шығара баслады. ​Демек, дәслепки оқыў қуралларын, газеталарды бастырып шығарыўда О. Ермановтың тийисли үлеси болғанлығы гүмансыз. ​1925-жылдың ақырында Қарақалпақстанда мәмлекетлик саўда мәкемеси шөлкемлесип, Ораз Ерманов оның баслығы болып тайынланды. Бул мәкеме тийкарынан ишки базарларды санаат товарлары менен тәмийинлейди ҳәм санаат орынлары ушын халықтан шийки затлар жыйнайды. Қарақалпақстан саўда мәкемеси областымызда ярмаркалар ашып, онда көтере ҳәм усақлап сатыў кеңнен раўажланады. Бул әҳмийетли илажлар, бириншиден, ишки базарлардан жекке меншик капиталын кем-кемнен қысып шығарды, екиншиден, қарақалпақ мийнеткелериниң экономикалық аўҳалын жақсылады ҳәм олардың Коммунистик партия менен Совет ҳукиметине исенимин беккемледи. Революциядан бурын саўда тараўында жетерли тәжирийбеге ийе болған Ораз Ерманов автономиялы республикамызда совет саўдасына тийкар салған ҳәм оның алға раўажланыўына тийисли тәсир жасаған басшы хызметкерлердиң бири. ​О. Ерманов 1927—1938-жыллар арасында автономиялы республикамыздың пахта таярлаў мәкемелеринде басшы жумысларда ислейди. Бул жыллар қарақалпақ дийханларының дара хожалықтан коллективлескен хожалықларға, гүндеден қуўатлы тракторларды меңгереўге, қол серппе менен шығырлардан бирнеше мың гектар жерлерди суўғаратуғын ири каналларды қазыўға атланған дәўир еди. Мийнеткелерди ҳәзирги заман аўылхожалық машиналары менен тәмийин етиў, оларды басқаратуғын маман кадрларды таярлаў ҳәм зәрүрли аўыл хожалық артельлерине бөлистириў зүрәтлиликти, мийнет өнимин арттырыў жумысларына Қарақалпақстан пахта таярлаў мәкемеси басшылық етти. ​Хорезм ойпатында жаңа жәмийетлик дүзимди орнатыў ҳәм беккемлеў ушын қаҳарманларша гүрескен, Хорезм Совет Социалистик Республикасының ҳәм Қарақалпақстан автономиялы республикасының экономикасы менен мәдениятын алға раўажландырыўға салмақлы үлес қосқан Ораз Ерманов жекке адамға сыйыныў жылларында қуўдалаўға ушырады. Ол 1938-жылы жазықсыз қамаққа алынды ҳәм 1939-жылы қайтыс болды. 1958-жылдың 17-июнинде О. Ерманов өлгеннен кейин қайтадан ақланды. Ораз Ермановтың өмири ҳәм хызметине тийисли айырым мағлыўматларды Түркстан Илимлер академиясының академиги Г. Непесовтың, Өзбекстан мийнети сиңген илим ғайраткери профессор Ж. Орынбаевтың мийнетлеринен оқыўымызға болады. Автономиялы республикамыздың тарийхшы илимпазлары бул баҳалы мағлыўматларды еле де толықтырады, деп ойлаймыз. «Мағлыўматты топлаған автор ийеси Филология илимлериниң докторы Қырықбай Байниязов «Елим деп еңиреген ерлер" (Илимий-биографиялық очерклер)» китабынан алынды» Каналымыз:https://t.me/Tariyxqa_nazer
1 774