cookie

Utilizamos cookies para mejorar tu experiencia de navegación. Al hacer clic en "Aceptar todo", aceptas el uso de cookies.

avatar

ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

Сиз бул жерде Қарақалпақстан тарийхы, тарийхый ўақыялар бойынша мағлыўмат аласыз!!! 28.01.2023 жыл саат 19:00 де канал ашылды Инстаграм канал instagram.com/tariyxqa_nazer Ютуб канал https://www.youtube.com/@karakalpak_horde7413

Mostrar más
Publicaciones publicitarias
1 817
Suscriptores
-124 horas
+47 días
+8330 días

Carga de datos en curso...

Tasa de crecimiento de suscriptores

Carga de datos en curso...

Photo unavailableShow in Telegram
#Тарийх_бетлеринен ӘЖИНИЯЗ ДЕГЕН БИР ДӘРЬЯ...    Қарақалпақта қолдаўлы Ораз аталық үлкен той берген. Сонда Әжинияз бенен Бердақ ушырасқан. Усы ушырасқанында Бердақ, Әжинияздың уллылығын баҳалап, ол туўралы былай деп пикир айтады: "Әжинияз деген ол тасып булақлап ағып турған бир дәрья, биз оннан шыққан бир өзек" - дейди    [... 1939-ж. Кожуров дала жазыўы... Ол қарақалпақ урыўы сақыў, жасы 70 те, Сапар Қурбанияз улынан жазып алған ] 📚 Китап: Қарақалпақ фольклоры. Көп томлық XII том. Айтыс. Екинши китап. "Қарақалпақстан" баспасы Нөкис - 1983 Каналымыз:
Mostrar todo...
7🔥 2
#Тарийхый_тулғалар ОРАЗ АТАЛЫҚ—РЕЙИМ АҚСАҚАЛ Ҳәзирги Қараөзек районы Есимөзек совхозының тусындағы бурынғы Көкөзектиң бойына жақын жерде Ораз аталық жасаған ҳәм қонысының орынлары, салдырған жайының қалдығы ҳәзир де сақланған. Бул XIX әсирдиң орталарына туўра келеди. Ораз аталықтың жайына жақын жерде оның баласы Әўез ақсақалдың салдырған жайының орны қалдығы ҳәзир де сақланбақта. Буның жайы XIX әсирдиң ақыры XX әсир басларына туўра келеди. Әўез аталықтың баласы Рейим ақсақал деген болған. Булардың барлығы өз дәўиринде елге басшылық еткен адамлар болып есапланады. Булардың әўладлары бурынғы Москва совхозының аталық аўылында жасайды. Рейим аўыллар арасында үлкен абыройға ийе адам болды. Ол узын бойлы, аққубадан келген, тарийхты жақсы билетуғын шешен адам болған. Екинши жер жүзлик урыста кейин Қарақалпақстан жерлерине келип этнографиялық тарийхый мағлыўматлар жыйнаған тарийхшы алымлар оның үйинде болып, көплеген тарийхый мағлыўматлар жазып алған. Ол туўралы Хорезм экспедициясы ағзасы тарийх илимлери докторы Б. В. Андрианов Өзбекстан көлеминдеги мийнетлеринде басқа да тарийхшы адамлар менен бирге оның атын да ҳүрмет пенен еске алып өтеди. Тарийх илимлериниң докторы Рзамбет Қосбергенов ҳәм де басқа тарийхшылар оның мағлыўматларын Өзбекстан көлеминдеги мийнетлеринде пайдаланған. Топлаған автор ийеси Айназар Өтемисов тарийх илимлериниң кандидаты, доцент. Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
Mostrar todo...
👍 7
Түркистандағы қарақалпақ ханлары қайсы қалада отырған?Anonymous voting
  • Яссы (Түркистан)
  • Отырар
  • Сығнақ
  • Жаңакент
  • Сайрам
0 votes
👍 15 3
#Тарийхый_тулғалар ҚАРАӨЗЕК ПАЛЎАНЛАРЫ III-бөлим Алмагүл менен тез-тез ушырасып турдым. Оқыўдан бос ўақытлары бирге қыдырдық. Дем алыста аўылға бирге қайттық. Арамыз кем-кемнен жақынласып ҳәзиллесипте туратығын едик. Бир күни көше бойлап киятырып еле мениң алдымда Ўатан алдындағы хызметим де бар екен-аў дедим. Бул 1971-жылдың июнь айлары еди. Сен келемен дегенше 5-курс боламан. Арқайын оқыўымды питкерип аламан ғой деп төмен қарады. Күтемен. Екеўмизде сол жылы оқыўдан босап дем алысқа шығып кеттик. Алмагүлди мен аўылда күттим. Бирақ, ол аўылға келмеди. 5-августта Алмагүл бир жигитке турмысқа шығып кеткен екен. Мен болсам 1971-жылы ноябрь айында өзимниң миннетли ўазыйпамды атқарыў ушын армия қатарына хызметке атландым. Арадан 38 жыл өткен екен, бул 2007-жылы еди. Алмагүл менен ушырасып қалдым. Ол мени, мен оны таныдым. Алмагүлдиң көзинен жас тамшылары жерге тамғандай болды. Не шара тәғдир қоспаса. Қарасам күн уясына жақынлап қалған екен усы ўақытлары мен баяғы Алмагүлдиң велосипедтен түсип «Қуба-қус» деген қосықты айтқан жеринде турған екенмен. Бир шайыр достымыздың жазған қосығы ядыма түсти. Бир күлгениң жаныма заўық, Ақыл есим өзиңе аўып, Ат айлансын қазығын таўып, Сенсиз жасай алмайды екенмен. Пасыллар ишинде ҳасылың, Сен деп жанып өтер ашығың, Алма гүллеп турған пасылың, Ҳеш умыта алмайды екенмен. Әсте-ақырын жүрип аўылға келгенимде күн де уясына барып тақалды. Алмагүлдиң жүрген соқпағынан оның изин көргендей болдым. ҲАРМАҢ, ҚАРАӨЗЕКТИҢ ШАБАНДОЗЛАРЫ (Бул қосықты 2012-жылдың 6-7-май күнлери ески «Топраққалада өткерилген «Әсирлер сазасы—2012» халық аралық мәденият фистебалындағы ылақ ойыны жарысында биринши орынды ийелеген Қараөзекли шабандоз азаматларға арнайман) Шайырлықта сөз айтылмас ушқары, (Тил ушынан айтылғанның пуш бәри). Еркин өмир жайнап-жаснап атырса, Бахыт қусы басымызға ушқаны. Серхош бүлбил сайрап шәмен-бағларда, Өзлигим нурланды аппақ таңларда. Елимиз миннетдар, халқымыз ырза, Ғәрезсизлик берген бундай шағларға. Ҳәзир серлеп әтирапқа қарасаң, Жаңалықлар балып атыр орасан. Өтмиш шаңғытында жойтқан затыңды, Мийрас деген ғәзийнеден табасаң. Жақында саз жаңлап Топыраққала, Ойын-заўық сән берди саҳра-далаға. Өнерпаздың жүреклери шәўкилдеп, Жән-жақтан ағылды усы қалаға. Ески қорған саз ылайдан салынған, Ылайлары маңлай терге қырылған. Бүгинлиги қара жерге сүйенип, Әжайып бир естелик боп танылған. Жаңғырғанда алыс әсир сазасы, Көринди қара үйдиң ески, жаңасы. Көркем көргизбелер сөйлеп турғандай, «Бул дүньяның көрки адам баласы» Инсаният әрман-тилек бир болып, Бирадарлық доланғандай ҳүр болып, Жасанып, жасарған қала ишинде, Мыңсан мийрас ашылғандай гүл болып. Сейил етип жыйналысқан аламан, Нәзик нағысларға серлеп қараған. Епшил дәрўаз жип үстинде жуўырса, Үн қосар дуўтарға сырнай, боламан. Түркий дүнья бар өнерин әкелген, Түби бир туўысқан бәрин әзелден. Таңланысып алып атыр сүўретке, Мыңдай мийман келген екен шет елден. Жүзи ысық Европаның еллери, Қолларында боз даланың гүллери. Бир-бирине күлимсиреп қарайды, Орыс, япон, Кореяның беглери. Милийликтиң ҳәр буйымы тамаша, Көпшилиги сыпат алған жаңаша. «Ойынлардың ең қызығы ылақ»—деп, Шабандозлар сап дүзеп тур қараса. Тамашагөй төбеге топ-топ үйилип, Турғанда тоғашы көкпар таслады. Ентелеп умтылып, қамшы үйирип, Атлылар әжайып ойын баслады. Ҳайран болды көрмегенлер ат шаўып, Ылақты тартады еринен аўып. Тоқтап тығызланған топлым ишинен, Көп ўақытта шығады бир саңлақ таўып. Бириншиге ҳәмме теңнен бел буўды, Жигит жаўырынын, ат саўырынын тер жуўды, Жүйрек жәниўарлар оқтай айтылып, Жеңистиң жолында бир-бирин қуўды. Есим бойы ата-мәкан қонысы, Шайпалмаған ел ырысы, толысы. Халық аралық қурда топты айырған, Теңелбайдың сатып алған торысы. Торыны минген соң күлди Арепбай, Бәлким, жеңежағын билди Арепбай. Старт сызығында жатқан ылақты, Шаўып баратырып илди Арепбай. Ойынның ышқында жанды Арепбай, Ылақты меңгерип алды Арепбай. Топлым толқынынан суўырылып шығып, Биринши салымды салды Арепбай. Шапқыр аттың жал-қуйрығы түйилди, Ҳасыл аттың маңлайынан сүйилди. «Қараөзек!»—деп гүўа еткенде Азия, АҚШ, Герман, Франция сүйинди.
Mostrar todo...
8👍 2
Бул табысқа үлес қосты бәри де, Рам, Қадир, Садық ата кәрине. Бердибайдың батырлығы бир төбе, Жарасады ғошшақ жигит сәнине. Ким билмейди Баҳадырды, Байрамды, Ылақ ойнап көп еллерден айланды. Жарысларда бас бәйгини ийелеп, Талай бәйги қорасына байланды. Қызып кетип ойын қурса Аралбай, Қарсы барып жүрер ылақ алалмай, Бәрекелла, Қараөзекли азамат, Көкпар даңқы жер шарына таралғай! Бул ойынның жанкүйери көп болар, Ойынағанның минез-қулқы шоқ болар. Шәкирти тыңласа ақыл-кеңести, Әзиз устазлардың кеўли тоқ болар. Абдиўәлий көп жигиттиң ағасы, Сержан оның қыяметлик жорасы, «Ҳә, бала!»—деп жеткергенде қыйқыўын, Сын берди Минаж әдил тоғашы. Бирлик деген болса керек усындай, Жеңис қайда тартысларда ысылмай. Бас байрақты алып елге қайтқанлар, Мардыйса арзыйды ҳасла қысылмай. Кетип еди туўры жолда төтелеп, Тек жеңиўди кеўил менен шөкелеп. Ҳармаң, Қараөзектиң шабандозлары, Үйге келген нар түйени жетелеп. Жақсы тилеклердиң бәрин тилеймен, Жигитке ар-намыс, жалын тилеймен. Енди болатуғын ойынларда да, Бәрқулла биринши салым тилеймен. Муратбай Абдимуратов Аңлатпа: Теңелбай Палўаназаров, Арепбай Сарсенбаев, Рамберген Еденбаев, Қәдирбек Сапаров, Бердибай Мамбетов, Байрамбай Оңғарбаев, Баҳадир ҳәм Аралбай — шабандоз жигитлер. Абдиўәлий Абдирейимов, Сержан Хожалепесов, Минажатдийин Абдисаламов — олардың устазлары. Тоғашы—ылақ ойынының төрешиси. Топлаған автор ийеси: Мунажатдин Абдисаламов Таярлаған: Марина Абдуллаева Fecobok каналымыз администраторы Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
Mostrar todo...
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

Сиз бул жерде Қарақалпақстан тарийхы, тарийхый ўақыялар бойынша мағлыўмат аласыз!!! 28.01.2023 жыл саат 19:00 де канал ашылды Инстаграм канал instagram.com/tariyxqa_nazer Ютуб канал

https://www.youtube.com/@karakalpak_horde7413

👍 10 2🔥 2
Мен Базарбай аға менен хошласып, Нөкиске қарай жолға шықтым. Нийетим, сол ерди көриў. Нөкиске келип, Муратбай ағаның үйин таўып алдым. Мениң бахтыма Муратбай аға үйинде екен. Ерди әкелип маған көрсетти. Әкем Серназар бул теберик ерди 1997-жылы дүньядан өткенше бас ушына қойып жатты. Енди бул теберик ерди мен сақлап атырман. Себеби, бул ерди сақлаў мениң әкемниң маған берген ўәсияты еди деген еди ол. Аўылыма қайттым. Туўылып өскен аўылымды ҳәм 10 жыл билим алған мектебимди көриў ушын туўылған аўылыма қарай жол алғанымда еле күн батыўға еки сааттай ўақыт бар еди. Туўылып өскен Есим каналы «Қойбақ» пенен Көкөзек суў салмалары бойлары. Усы канал бойларында басымызға топырақ шашып бирге ойнаған досларым есиме түсти. Сол жылларды есиме алсам мине, арадан елиў жылдан асламырақ ўақыт өткен екен. Аўылға келмегениме де онша көп ўақыт болмаса да аўылымды, бирге оқыған досларымды сағындым. Бизлер 1968-жылы бурынғы 11-санлы «Жданов» атындағы орта билим бериў мектебин питкердик. Сол жыллар, соның ишинде, биринши мухаббатым көз алдымнан тап кешеги күндей болып өте баслады. Мен класста Алмагүл менен бир партада 10 жыл бирге отырдым. Соң 10-классты питкерип атырғанда бир-биримизди унатып қалдық. Шынында да мен Алмагүлди жақсы көретин едим. Сол жыллары аўыл хожалығына пахта отаққа, теримге мектеп оқыўшылары жәрдем беретуғын еди. Солай етип, ол теримге, отаққа велосипедтиң алдына минип бирге барамыз. Мектепке оқыўға баратырғанда тап мени атайлап күтип турғандай үйиниң тусында ушырасатуғын едик. 1968-жылдың июнь айының орталарында соңғы экзаменлерди табыслы тапсырып аттестат алыўға таярландық. Ержеткенлик аттестат алатуғын күнлер де жетип келди. 10 жыл билим алған қәдирдан мектебимиздиң алтын босағасынан соңғы мәртебе атлап ким жоқары оқыў орынларына, ким аўыл хожалығы жумысларына қарай қанат қағады. Бирақ, бирге өскен, 10 жыл бирге оқыған дослар менен айырылысыў ҳәммеге аңсат болмады. Мектеп алдындағы үлкен ақтал астында қуўанысып күлисип бир-биреўдиң ержеткенлик аттестатын көрип атырмыз. Жүзимизде күлки болғаны менен 10 жыл бирге жүрип, гейде урысып, гейде жарасып өскен дослар менен айырылысыў биримизге де аңсат емес еди. Мен Алмагүлге қарап қояман. Алмагүлдиң менде кеўли бары анық еди. Тарқастық. Қасымдағы досларым аўылға бирге қайтатуғын Бердимурат та бир бәне таўып велосипедин қаттырақ айдап кетип қалды. Мени Алмагүл менен сөйлесип алсын, ҳеш кимнен уялмайсын деген шығар. Алмагүлдиң үйине жақынладық. Алмагүл бирден велосипедтен секирип түсип, үйге кетемен деди. Сонда мен оған қарап сизди жақсы көремен дедим уялып. Жаңа ғана мектеп босағасынан атлап өмирге қәдем қойған жас баланың сени жақсы көремен деп айтыўы да аңсат емес екен. Жүзим қызарып кеткен бе, неге қысынып қалдың деди. Мен еле жуўап күтиўдемен. Ол маған қарап турып, мен сеникимен. Сен меникисең деди де үйине қарай бирден жуўырып кетти. Алмагүлдиң айтқан қосықларын ҳәмме ҳәз етип тыңлар едик. Ол менен сәл узақларды да «Қуба қус» деген қосықты даўсының барынша бақырып айтып кетти. Даўысы еситилмей қалғанша тыңлап турдым. Әсте-ақырын ўақыт өте берди. Мен сол жылы Ташкенттеги орта оқыў орнына оқыўға түстим. Алмагүл болса бурынғы Т.ТШевченко атындағы педогогикалық институтына оқыўға кирди. Өзим Ташкентте болғаным менен, кеўлим аўылда еди. Алмагүл менен ҳеш байланыса алмадым. Мен Ташкентте ол Нөкисте. Арадан айлар өтти. Шыдамай кеттим, оқыўға мазам болмады. Қыялымда басқа затлар бар. Аўылға барып шофёр боламан, Алмагүл менен тез-тез ушырасып тураман дегеннен басқа ҳеш нәрсе қыялыма келмеди. Ақыры бир күни кураторға кирип, мен оқыўды қояман дедим. Ол ҳайран. Неге деп сорады. Мен неге екенин айтпадым. Соң маған еле Қарақалпақ 100% салыгершилик болады. Сонда сиз биринши қәнийге боласыз деди. Кетпең, оқыўға жәрдем беремиз деп жалынды. Муғаллимниң бул гәпи еле қулағымнан кетпейди. Ақырында сырттан оқыў бөлимине өзгертип берди. Аўылға қайттым. Сол мектепте жүрген ўақытларымда да ат спортына қызығар едим. Үйимизде ат бар. Ат пенен бирге қорада жатыўға қайылман. Сол ўақытларда Республикамызда Декабрь айының ишинде зүрәәт байрамы болар еди.
Mostrar todo...
👍 9
Сол байрамларда ат пенен барып тамаша көретуғын едим. Ат спорты бойынша маған ылақ ойыны, бәйги ат шабысын үйреткен устазым Серемурат герең деген ағам болып. Бул киси шабандозлар ишинде қатты қарыўлы адам болды, пүткил республика таныр еди. Мен 1969-жылы қасында «Көкпар» «ылақ» ойынына қызығып көзге көринип ат шаба басладым. Бир күни үйге Бердимурат достым келип: оқыўды қойып аўылға келипсең. Мен де қойдым оқыўды, бирге той тойлаймыз. Бирге ат шабамыз дейди. Бердимурат достым аўылда механизатор болып қалды. Бир күни аўылымызда Серемурат ағамыздың (устазым) үйлениў тойы болды. Қыс айы, күни қатты суўық. Түнде от жағылады. Басқа той хызметинде. Бас нама екинши намалар алынып той қызықлы болып өтип атыр. Той ҳәзиллери айтылмақта. Бизлер Бердимурат екеўимиз той хызметиндемиз. Ортаға от жағамыз. Келген қонақларды орнына отырғызамыз. Ертесине үлкен ат шабыс бар. Бәйгиге ат жиберилип «ылақ» ойыны болады. Буларға сыйлы саўғалар қойылады. Сол байрақлардың несип қылғанына менде талабанман. Маған «ылақ» ойынында атта қалай отырыўды устазым, той ийеси Серемурат герең үйреткен еди. Мен буларды толық меңгерип алған едим. Даўамы бар... Топлаған автор ийеси Мунажатдин Абдисаламов Таярлаған: Марина Абдуллаева Fecobok каналымыз администраторы P.S Серемурат герең — Бул оның лақабы болған. Себеби ҳақыйқатында герең емес, ылақ ойынының шәртинде таныс-билислик етпеў ушын еситпегенге салынған усыл. Каналымыз: https://t.me/Tariyxqa_nazer
Mostrar todo...
ТАРИЙХҚА_НӘЗЕР

Сиз бул жерде Қарақалпақстан тарийхы, тарийхый ўақыялар бойынша мағлыўмат аласыз!!! 28.01.2023 жыл саат 19:00 де канал ашылды Инстаграм канал instagram.com/tariyxqa_nazer Ютуб канал

https://www.youtube.com/@karakalpak_horde7413

👍 15🔥 1
#Тарийхый_тулғалар ҚАРАӨЗЕК ПАЛЎАНЛАРЫ II-бөлим Мен үйден шығып арқа районларға кететуғын автостанцияға келдим. Өзим туўылып өсип, бирге 1-класстан 10-классқа шекем бирге оқыған досларыма бармақшыман. Есим каналы менен Қойбақ жап бойларында топрақ шашып ойнаған жерлеримди көрип қайтпақшыман. Тағыда жол жөнекей Жүзимбағ елатында жасаўшы мийнет ветераны 1940-жылы туўылған Базарбай ағаға сәлем берип өтемен деген нийетим бар. Жол бойы автобустан түсип Базарбай ағаның үйине барғанымда өз участкасын аралап жаңа үйге кирген екен. Бурыннан таныс аўылдың абырайлы жасы үлкени. Белгили жумысларда ислеген. Еле қуўнақ. Мени көрип қуўанып қалды. Жас ўақтында шабандоз болған. Үлкен тойларда гүресип тамашагөйлер көзине түскен. Ҳәзирде жақын жерлердеги тойлардан қалмайды. Тойдағы шабандозларды көрип бир жасап қаламан дейди. Базарбай ағаның аўылында жолдың шеп жағында бир қудық көрдим. Суўы көп ҳәм мазалы екен. Иши тас гербишлер менен өрилген. Буны ким қаздырған деп сорасам, ол былай деп жуўап берди: — «Бул қудықты шама менен 1916-жыллары жасаған Шынықул бай қаздырған деген болжаўлар бар. Бул киси 1860-жылы туўылып, 1947-жылы усы аўылда дүньядан өткен. Әкем Айтбай байдың айтыўы бойынша мен 7 жаста екенмен. Шынықул байдың жерлеў мәресимин зордан еслеймен. Нөкис-Халқабад жолының бойында Шынықул байдың үлкен жүзимбағы болды. Ортасында үлкен ҳәўиз, еки бойы жүзимгершилик, бул бағ 1970-жылларға шекем сақланған. Кейин бузылып орнына жер асты коллектри өтип кетти. Сол бағдың шығыс тәрепинде 30-40 гектарға шамалас жерге дийқаншылық етип, адамларға жәрдем берген. Шынықул бай сақый, мийрим шәпәәтли адам болған. Ол күшли шабандоз. Оның 2 ул, 3 қызы болған. Шынықул бай 1 баласын шама менен 1915-жыллары үйлендирген деген болжаўлар бар. Үлкен той берген. Бул тойда ат тәрепке Хан мақсым (Убайдулла), палўан тәрепке Арзымбет қазы басшылық еткен. Усы тойда бас палўанға Хорезмли Қурбанбай бала менен Ерназар шойыншы гүрескен. Ерназар шойыншы бас байрақты алған. Бәйги шабысында Хан мақсымның қара қасқа аты биринши байрақты алады. Ылақ шабысында Қарабуға елатынан барған шабандоз Мырзан буйыра бас, Хан мақсымның ең күшли шабандозы Өтеген терисаяқтан ылақ ушын берилген баспақты тартып алып қалады. Буны көрип турған Хан мақсым Мырзан бўйра басты қасына шақырып: — Әй, шабандоз қайерден келдиң? — деп сорайды. Қарабуға елатынан келдим дейди. Қоңыраттың буйрабасы екенсең-ғо дейди. Себеби, Мырзан шабандоздың шашы бәрқулла өсип жүреди екен. Ат шапқанда Мырзанның шашы самал менен уўдар-дуўдар болып кеткен, соның ушын оны буйрабасы деп атаған екен. Соннан баслап Мырзан буйрабас аталып кеткен. Шынықул байдың бул тойына Лепес сейис, Юсуп болыс, Темирхан болыс, Хожамет болыс, Ибрайым болыс, Сейтимбет болыс, Палўанияз бий, Тоқымбет ахун, Барлықбай болыс, Арзымбет қазы тик аяқтан турып хызмет еткен. Биринши бәйги шабысқа Қазалыдан келген Нәўше сейистиң нәўше гүрени, Хан мақсымның қара қасқа шуңқары, Хожахмет болыстың бөртеси, Алыўшының қара аты қосылады. Хан мақсымның қара қасқа шуңқарын Лепес болыс таярлайды. Шуңқар атқа алтын баслы ер салынып, үстине Серназар атлы баланы мингизеди. Серназар бала сол ўақытлары 11 жасар бала екен. Атлар Шымбайдағы май заводтың қасынан бәйгиге жибериледи. Бул бәйгиде Хан мақсымның шуңқар аты биринши болып келеди», деп Базарбай аға алдындағы суўып қалған бир кесе шайын бир уртлап тағы да гәп баслады. Көп сөйлеп жибермедиң бе деп маған қарап қойды. Мен оған: Қәнекей сиздей қатықулақ көпти көрген ағамлар қарақалпақ ҳаққында, бий, ақсақал, болыс, сейис, палўанлар ҳаққында айта берсе, айта берсе өтинишиме және гәпин даўам етти. Себеби, ол адамлар ушын жуўырған, хызмет еткен. Шынықул бай 1915-1916-жыллары аўылдың ортасынан үлкен мешит салдырған. Бул мешитте Тоқымбет ахун Бекимбет улы имамлық еткен. Көп адамлар бул мешиттен илим алған. Ҳәзир бул мешиттиң дийўаллары қулап, үлкен бийиклик болып орны белгили болып турыпты. Көп адамлар келип бул орынды звяратлайды екен. Базарбай аға тағы бир нәрсени ядыма салды. Хан мақсымның шуңқар атына салынған ер Нөкисте Серназардың баласы Муратбайдың үйинде турыпты деди.
Mostrar todo...
👍 10 1
Орыс мағлыўматларына көре қарақалпақлар көбирек Сырдәрия бойларын мәкан еткен, сораў не ушын?Anonymous voting
  • Сырдәрия бойлары Әмиўдәряға қарағанда өнимли жерлер еди.
  • Сырдәрия бойлары тыныш парахат болған.
  • Сырдәрия бойларынан карўан жоллары өткен.
  • Сырдәрия бойларында қазылма байлықлар көп болған.
0 votes
👍 10
Алдынғы дәўирлерде аўыл әтрапларына адам мушындай таслар қалың етип шашып қойылған, сораў бул не ушын исленген?Anonymous voting
  • Ырымлар себеп
  • Атлы шабыўыллардан қорғаныў ушын
  • Ылайлы күнлерде жүриў ушын
  • Аўыл шегарасын белгилеў ушын
0 votes
😇 4 3
Elige un Plan Diferente

Tu plan actual sólo permite el análisis de 5 canales. Para obtener más, elige otro plan.