en
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Open in Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Show more

📈 Analytical overview of Telegram channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) in the Kazakh language segment is an active participant. Currently, the community unites 18 850 subscribers, ranking 4 316 in the Religion & Spirituality category and 449 in the Kazakhstan region.

📊 Audience metrics and dynamics

Since its creation on невідомо, the project has demonstrated rapid growth, gathering an audience of 18 850 subscribers.

According to the latest data from 01 July, 2026, the channel demonstrates stable activity. Although there has been a change in the number of participants by -272 over the last 30 days and by 2 over the last 24 hours, overall reach remains high.

  • Verification status: Not verified
  • Engagement rate (ER): The average audience engagement rate is 26.37%. Within the first 24 hours after publication, content typically collects 19.45% reactions from the total number of subscribers.
  • Post reach: On average, each post receives 4 972 views. Within the first day, a publication typically gains 3 668 views.
  • Reactions and interaction: The audience actively supports content: the average number of reactions per post is 43.

📝 Description and content policy

The author describes the resource as a platform for expressing subjective opinions:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Thanks to the high frequency of updates (latest data received on 02 July, 2026), the channel maintains relevance and a high level of publication reach. Analytics show that the audience actively interacts with content, making it an important point of influence in the Religion & Spirituality category.

18 850
Subscribers
+224 hours
-787 days
-27230 days
Posts Archive
ИСКЕНДЕРДИӉ ДЕ АЙТҚАНЫ БОЛМАҒАН Рәўият Дүньяныӊ бәрин жаўлап алған Искендер Зулхарнайын қазаланарыныӊ алдында туўған-туўысқан, жақынларына: —Мен өлсем тәнимди ҳеш адам бендеси аяғы тиймеген таза жерге қойыӊ. Анам келип үш мәрте бақырғанда орнымнан тураман, — деп ўәсият ҳәм ҳәмир еткен қусайды. Сөйтип сол жерди өзи де бармай турып силтеп көрсетипти. Өлмейтуғын бенде жоқ. Тақаны таўсылып, ол өлгеннен соӊ изинде қалғанлар марҳумныӊ айтқан қула дүзине-ҳеш ким изеп баспаған жерине жерлепти. Бир жылдан соӊ анасы әўлийесин зорға излеп таўып келип: —Искендер! Искендер! Искендер! — деп бақырған екен, жүзлеген өлилер жер астынан өрре шығып Ананыӊ алдында тикке турғанбыш. —Сизлер кимсизлер? — деп сорапты. —Искендерлермиз, — депти олардыӊ бәри бир аўыздан. —Сизлердиӊ тынышыӊызды алғанымнан кеширим сорайман. Мен балам — Искендерди шақырып едим,-депти Ана оларға бирме-бир қарап шығып, өзиниӊ баласын танып, оған тип-тик қарап турыпты. Буннан соӊ Искендер Зулхарнайыннан басқа Искендерлер сол заматы — бир демде жер астына кирип, көзден ғайып болыпты. —Барлық айтқаным болып еди... — деп бир өзиниӊ бир жерде-әўлийеде жатпағанынан, көптиӊ бири болып кеткенинен назырқаныпты, өли Искендер Зулхарнайын. —Мениӊ де бир айтқаным болмапты. —Аўа, шырағым. Әлемнен сеннен бурын да талай Искендерлер өткенин, ҳеш қайсысыныӊ да бул дүньяға тутқа бола алмағанын, олардыӊ да айырым дегени болмағанын айтқанымда исенбеп едиӊ. Енди көзиӊ жетти ме? — депти Анасы. ✍А. Әбдиев https://t.me/ibratli_sozler

МҮРИЎБЕТЛИК КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН! Дийдар шийрин-шадлық  сыймай ханаңа,. Бундай Ҳайттан қуўанбасаң болама?! Шадлық сыйлап ғарры,жас ҳәм балаға, Келген ҳайт байрамы мүбәрек болсын! Мүриўбеттиң кеңнен ашып есигин, Баслаўшысы болып ийман көшиниң. Сыйлаўшысы болып ҳайтлық гөшиниң, Кеўилиң сақыйлық нурына толсын! Зияратлап әзиз ата-анаңды, Туўысқаның менен дос ҳәм яранды. Қолға алып баба мийрас Қуранды, Кеўиллер ийманның нурына толсын! Бул бес күнлик дүнья кимлерден қалмас, Мың қуўсаң бул ялған бир сая салмас. Жасаған өмириң бир күнше болмас, Сонлықтан ислериң жақсылық болсын! Мүриўбетлик турсын мудам есиңде, Қайыр етип мүтәж жетим-жесирге. Ырза болсын ата-анаң өсирген, Туўысқан да сеннен күш алар болсын! Көкти тиреп турсадағы мәнсабың, Не мәп көптиң тойдырмасаң қурсағын?! Қурбан ҳайтта сая болсын инсабың, Халқыңа сый етер саўабың болсын! Нешше әсир өтседағы арадан, Ҳайт байрамы мийрас ата-бабадан. Елим тыныш,халқыма бақ қараған, Сақаўатлық тойы мүбәрек болсын! Кетсин кеўиллерден гирбиң,ғубарлар, Сыр шертиссин мың әсирлик шынарлар. Халқым сәўбет қурсын шығып қумардан, Аўызбирлик пенен ортасы толсын, Мүриўбетлик күни мүбәрек болсын! Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА 27 май,2026 жыл. https://t.me/gulnara_nurlepesova https://t.me/ibratli_sozler

Туӯылған жер Машинасын сатты гаражы менен, Баӯ-бақшасын сатты қорасы менен. Жайын сатар ӯакта әкеси бирақ, Ойласты генжетай б
Туӯылған жер         Машинасын сатты гаражы менен,        Баӯ-бақшасын сатты қорасы менен.        Жайын сатар ӯакта әкеси бирақ,        Ойласты генжетай баласы менен.          Әкеси:- Дузлы суӯ ишпейик,-деди        Баласы:-Тусиндир мәнисин,-деди.        Әкеси:-Ден саӯлык керек ғой,десе,        Баласы:-Үмитти үзбейик,-деди.         Әкеси:-Барлығы да сен ушын,-деди       Баласы:-Түсиндир мәнисин,-деди.       Әкеси:-Ден саӯлык керек ғой,-десе,        Баласы:-Ғам жеме мен ушын,-деди.           Әкеси:-Шан жутып өспейик,-деди,         Баласы:-Биз булай шешпейик,-деди.         … Сол ӯакта шарбакта ийт үрди…Олар:         … Қоңсылар көшпесе, көшпейик, -деди… ✍Толыбай  Қабулов https://t.me/ibratli_sozler

#Даналық гәп Адам—сақпан тасы. Ертең түуе, бир сааттан соң қайда болатуғынын анық билмейди. ✍Алланазар Әбдиев https://t.me/ib
#Даналық гәп Адам—сақпан тасы. Ертең түуе, бир сааттан соң қайда болатуғынын анық билмейди. ✍Алланазар Әбдиев https://t.me/ibratli_sozler

2_5199507874056765948.mp33.18 MB

Түниңиз Қайырлы болсын! Көрген түсиңиз әжайып болсын. Қызықлы түс болса оңынан келсин. Тыныш уйықлап, түн тынышлығын берип, т
Түниңиз Қайырлы болсын! Көрген түсиңиз әжайып болсын. Қызықлы түс болса оңынан келсин. Тыныш уйықлап, түн тынышлығын берип, таңда саў-саламат турғайсыз . Қайырлы түн Әзизлерим! https://t.me/ibratli_sozler

"Сөзден мазалы нәрсе жоқ. Сөзден ашшы нәрсе жоқ. Сөзиңди тилиңе бийлетпе, ақылыңа бийлет. Ақылыңды, сөзиңди ақылсызға хор етпе, ақыллыға айт, Кимге, қай жерде, қай гезде, қалай сөйлейтуғыныңды бил". ✍️  Бөлтирик шешен 📖 Сеннен бахыт тапқан - сеники. Қалғанының бәри - қонақ. ✍️ Ж. Румий 📖 Жақсы китап оқыў - дуньяның ең дана адамлары менен сәўбетлесиў демекдур! ✍️  Рене Дескартес 📖 Есик қақпасаң - ҳешким ашпайды. Тәўекелге бел буўмасаң – қолыңнан ҳеш нәрсе келмейтуғын адам болып қала бересең. ✍️  Ошо

Мазмунлы әжайып қосық 👉👉https://t.me/ibratli_sozler

15 жаслы бала поездтиң айнасынан сыртқа қарап: – Аға! Тереклер артқа кетип баратыр!, деди. Әкеси күлип қойды. Олар менен бирг
15 жаслы бала поездтиң айнасынан сыртқа қарап: – Аға! Тереклер артқа кетип баратыр!, деди. Әкеси күлип қойды. Олар менен бирге кетип баратырғанлар ашыўланып қарады. Сол ўақытта өспирин және сөйледи: – Аға бултлар бизлер менен бирге жүрип баратыр! Купьеде бирге отырғанлар баланың қылықларына ашыўланып, өспиринниң әкесине: "Докторға көрсетсеңиз болмай ма?", деди. Әкеси былай деди: – Алып бардым. Ҳәзир емлеўханадан киятырман. Туўылғалы көзи көрмейтуғын еди. Бүгин Аллаҳ оған көриў инамын берди", деди. Ҳақыйқатты билмей турып басқалар ҳаққында жаман ойға барма! https://t.me/ibratli_sozler

#✨✨✨ Бахыт деген келмейди Жалынсаң да қан жылап. Биреў әкеп бермейди Бас, көз демей қамшылап. Ол келеди көллемей, Аздан-аздан
#✨✨✨ Бахыт деген келмейди Жалынсаң да қан жылап. Биреў әкеп бермейди Бас, көз демей қамшылап. Ол келеди көллемей, Аздан-аздан тамшылап. Бир келген соң сөнбегей Бахыт деген шамшырақ! ✍ Кеңесбай Рахманов @Kengesbay_Raxmanov https://t.me/ibratli_sozler

2_5211001855080940385.mp35.84 MB

Өтеп Қурбанбаев. "Бүлбилиңмен сайраған". https://t.me/ibratli_sozler

photo content

КИМДУР өзи сеннен өтиниш етпесе, оған жәрдемлесиўге асықпа. КИМДУР өзи сорамаса, оған кеңес бериўши болма. Өзиңди, өз сөзиңди
КИМДУР өзи сеннен өтиниш етпесе, оған жәрдемлесиўге асықпа. КИМДУР өзи сорамаса, оған кеңес бериўши болма. Өзиңди, өз сөзиңди, өз пикириңди қәдирле..... 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 https://t.me/jurektegisirlarim

#Пикир Дүня Уллыларын зиярат қылыўға қабирстанға барасаң. Бирақ, пикирлериң менен сәўбетлес болыўға не ушын китапханаға барма
#Пикир Дүня Уллыларын зиярат қылыўға қабирстанға барасаң. Бирақ, пикирлериң менен сәўбетлес болыўға не ушын китапханаға бармайсаң ей адамзат?! ✍Хайрулла Хамидов. https://t.me/ibratli_sozler

Voice message01:59