es
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Ir al canal en Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Mostrar más

📈 Análisis del canal de Telegram ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

El canal ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) en el segmento lingüístico de Kazajo es un actor destacado. Actualmente la comunidad reúne a 18 864 suscriptores, ocupando la posición 4 299 en la categoría Religión y espiritualidad y el puesto 452 en la región Kazajistán.

📊 Métricas de audiencia y dinámica

Desde su creación el невідомо, el proyecto ha mostrado un crecimiento acelerado, reuniendo a 18 864 suscriptores.

Según los últimos datos del 29 junio, 2026, el canal mantiene una actividad estable. En los últimos 30 días la variación de miembros fue de -262, y en las últimas 24 horas de -11, conservando un alto alcance.

  • Estado de verificación: No verificado
  • Tasa de interacción (ER): El promedio de interacción de la audiencia es 26.92%. Durante las primeras 24 horas tras publicar, el contenido suele obtener 19.44% de reacciones respecto al total de suscriptores.
  • Alcance de las publicaciones: Cada publicación recibe en promedio 5 080 visualizaciones. En el primer día suele acumular 3 669 visualizaciones.
  • Reacciones e interacción: La audiencia responde de forma activa: el promedio de reacciones por publicación es 46.

📝 Descripción y política de contenido

El autor describe el recurso como un espacio para expresar opiniones subjetivas:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Gracias a la alta frecuencia de actualizaciones (últimos datos recibidos el 30 junio, 2026), el canal mantiene la vigencia y un amplio alcance. La analítica demuestra que la audiencia interactúa activamente con el contenido, lo que lo convierte en un punto de referencia dentro de la categoría Religión y espiritualidad.

18 864
Suscriptores
-1124 horas
-947 días
-26230 días
Archivo de publicaciones
Бугин қағылмақта соңғы қоңыраў, Мине, питти бугин соңғы сабақлар. Жазда басыңызға туспесин қыраў, Шадлы өтсин бул айралық саатлар. Он жыл сизге тәлим-тәрбия берген, Он жыл әлпешлеген өз баласындай, Он жыл билим бақшасынан гул терген- Устазларды сезиң көз қарасындай! Олар машақатлы жоллардан өтти, Олар сизлер ушын бузды тынышын. Олар өзлерин де умытып кетти, Сизлерге бир ҳәрип уйретиў ушын! Кеше емес пе еди туңғыш қоңыраўдың Мектеп әтирапында шыңғырлағаны? Дем де шыңларына өрмелеп таўдың, Тәрк етпек боп турсыз мектеп-ананы. Енди жаңа жоллар сынайды сизди, Атлайсызлар жаслық босағасынан. Он жыл бойы алған билимиңизди Ядқа тусиресиз тағы басынан. Ертең ВУЗ лар күтер, күтер уллы өмир, Күтер жаңа устазлар, жаңа соқпақлар. Күтер қызғын гурес, машақат не бир.    Күтер сизлер ушын биймәлим жақлар. ✍️Кеңесбай Рахманов @Kengesbay_Raxmanov

Еки кесе суў Ерте заманларда байлығы менен мақтаныўшы патша болған екен. Ол қай жерге бармасын, байлығынан азғана алып жүрип оны басқаларға мақтанады екен. Бир күни ол ең исенимли алым достына сораў берди. - Сен алымлар ишинде ең данасысаң. Маған сениң пикириң қызық. Мениң патшалығым ҳәм байлығым хаққында не айта аласаң? - Алым жуўап бериўдиң жуўабын тапты ҳәм былай деди: - Қыял етейик, сиз шексиз шөлистанның ортасында турыпсыз. Сол ўақытта тамағыңыз кеўип қатты шөлледиңиз. Жасап қалыўыңыз ушын, ярым патшалығыңыз ҳәм байлығыңыз есесине бир кесе суў узатылды. Разы боларма едиңиз? - Әлбетте, деди патша. - Арадан ўақыт өтти. Шөллеў күшейди. Қалған патшалық ҳәм байлығыңыз есесине сизге және бир кесе суў усынылады. Сиз қайыл боларма едиңиз? - Патша бираз ойланды ҳәм илажсыз: - Тири қалыў ушын мен патшалық ҳәм байлығымның бәрин бериўге разыман, - деди. - Сонда, алым мыйық тартты, ҳам: - Демек, өзиңизди басқалардан үстем қойыўыңыз орынсыз патшам. Сизиң патшалық ҳәм байлықларыңыздың баҳасы бар-жоғы еки кесе суў екен- деди. 📜 "Сырлы, ибратлы, өмирлик сабақлар" китабынан https://t.me/ibratli_sozler

Нақыл-мақаллардың жуўап- айтыс ҳәм ойын дәлкек түрлери. Ҳәр гелледе бир қыял, Соқыр таўыққа бәри тары. Өзим паспанда болсам д
Нақыл-мақаллардың жуўап- айтыс ҳәм ойын дәлкек түрлери. Ҳәр гелледе бир қыял, Соқыр таўыққа бәри тары. Өзим паспанда болсам да, Кеўилим әл-аспанда. Ғазға ерип, ғарғаның шаты айрылады. Майға ерип өпке де қалқады. Қолын жуўып бос қалғаннан сақла. Пискен астың күйиги жаман. Ертеңги қуйрықтан, Бүгинги өкпе артық. Көп қыдырған жолығар үзбентайға. Саған кимниң сөзи бар, Қосым палўан, Әкеңнин еки жүзли пышағы бар. Тышқанның әжели жетсе, Пышықтың қуйрығын тислейди. https://t.me/ibratli_sozlet

Сөзи Гүлистан Реймова. Намасы Қуўат .Әметов. Атқарған Баҳадыр Бегдуллаев.

#Байрам толғаныслары УМЫТЫЛМАС КҮН БУЛ СОҢҒЫ ҚОҢЫРАЎ Кеше ғана дәслеп қәдем атқаның, Ҳәриплерди қурай алмай отқаның, Бүгин пи
#Байрам толғаныслары УМЫТЫЛМАС КҮН БУЛ  СОҢҒЫ ҚОҢЫРАЎ Кеше ғана дәслеп қәдем атқаның, Ҳәриплерди қурай алмай отқаның, Бүгин пирисиз интернеттиң , сотканың , Умытылмас күн бул соңғы қоңыраў. Жети жасқа толып жетискен ўағың, Қуўанып мектебиң қарсы алған шағың, Мийўесин көрмекте бүгин сол  бағың, Кимди елжиретпес соңғы қоңыраў. Бахытлы демлер менен  өтти балалық, Енди саған жараспайды шалалық, Ўақыт демде  ығызып, узар  аралық, Умытылмас күн бул соңғы қоңыраў Устазларың турар тилекшиң болып, Сизлер кетсеңизде сыртыңнан шолып, Оқыўға кирсеңиз көз жасы толып, Кимди елжиретпес   соңғы қоңыраў. Бүгин мине жаңа ашылған гүлдейсиз, Әрман еткен оқыўларға киргейсиз, Устазларды умытпастан жүргейсиз, Умытылмас күн бул соңғы қоңыраў. Ашылып өмирдиң туңғыш гүзары, Шашылыўға турсыз мәккедей тары, Еҳ  бахытлы елдиң улы-қызлары, Кимди елжиретпес соңғы қоңыраў. ✍Дилбархан Айтжанова https://t.me/ibratli_sozler

...*...*...*... Аспанның астында, жердиң үстинде, Қәлегенше өмир сүре беремен. Қаяққа екенин айтпай ҳешкимге, Өзимниң жолымна
...*...*...*...     Аспанның астында, жердиң үстинде, Қәлегенше өмир сүре беремен. Қаяққа екенин айтпай ҳешкимге, Өзимниң жолымнан жүре беремен... Не дейди артымнан сойлеп қалғанлар, Гереңмен, ҳеш бирин еситкеним жоқ. Маған қызық алдымдағы адамлар, Жүгирдим, илестим, кешиккеним жоқ... ✍ Баҳадыр Байназаров https://t.me/ibratli_sozler

🔔 С О Ң Ғ Ы Қ О Ң Ы Р А Ў.      Мине мектепти питкергенимизгеде  48 жыл болып калыпты. Ўакыттың өтиўине қараң. Сол мектепти питкерген  күнимиз еле кешегидей ядымызда Ол  дәўирде питкериўши класс он жыллык еди.   Үстимизге әпиўайы қара юбка ақ кофта ҳәм қара жакет кийип - ақ шықтық. Ҳәттеки шашымызга ақ бантикти де тақтық. Көзлеримиз де жас. Ҳәр бир оқыўшы өзлериниң өнерин көрсетип, кими қосық айтып, кими мектеп ҳаққында муғаллим менен оқыўшылар арасында қарым - қатнас  туўралы сахна  қойып, устазларының кеўлин алатуғын еди. Мектепти питкергимиз келмейди. Хошлашқымыз келмейди. Сол мектепте оқып жүре берсек, оқыўшылық дәўир қандай бахытлы, балалық  жас өспирим дәўир еди. Соңғы қоныраў да қағылды. 1978 - жыл еди. Енди мәмлекетлик имтихан басланды. Ҳәр бир оқыўшы имтихан ға бар интасы менен таярланды. Мен де  имтиханға билимим ди, бар интамды салып,  таярландым. Ҳәм айрыкша баҳаларға тапсырып шығыўға миясар болдым.   Бүгин  25 - май  соңғы қоныраў.  Оқыўшылар да өзиниң таярлаған концерт бағдарламасын билим берген устазларына көрсететуғын еди.  Бирақ, Ҳәзирги мектеп питкериўшилериниң Соңғы қоңыраўы улыўма баскаша.  Соңғы қоңыраў тамамлаған  соң үстилерине баклашка менен суў қуяды Не ушын? Қандай мақсет пенен қуяды. Оның не пайдасы бар? Мен елеге шекем түсинбей - ақ қойдым. Мен түсинбеген менен жаслардың  өзи түсинетугын шығар. Соңғы қоңыраў ды жуўмақлаған соң, сол суў қуйыў деген   жаслар  ушын дәстүр болып кеткен болыў керек. Соңғы қоңыраўыңыз   оң болсын питкериўши класс оқыўшылары. Имтиханларыңызды ҳәммеңизге айрықша баҳаларға тапырыўыңызға тилеклеспен.   Үстилерине суў қуйыў дәстүрин шеклеўге болмаспа екен?. Я. Ямаса бул да тазадан шыккан дәстүрме екен. Мениң кымбатлы ыкласбент Заманласларым. Сизлер бул дәстүрди мақуллайсыз ба? Пикирлеринизди билдирсеңиз.     ✍ Гүлбәҳәр Қарабаева   25 - май. 2026 жыл. Шымбай. https://t.me/ibratli_sozler

Сыйқырлы қоңыраўдың сести сыңғырлап, Бир топ қарлығашлар бүгин ушажақ, Өмир гүзарыңыз рәўан болсын, Устазлар атына келтирмеңи
Сыйқырлы қоңыраўдың сести сыңғырлап, Бир топ қарлығашлар бүгин ушажақ, Өмир гүзарыңыз рәўан болсын, Устазлар атына келтирмеңиз дақ. Өтти бийғам балалығың мектепте, Бүгин бир қайғылы нама шертпекте, Бийғәрез өмирге қоярсыз қәдем, Хошласыў самалы муңлы еспекте. Он бир жыл бурын толып ҳәм тасып, Қуўана келдиңиз қәдемиң басып, Өмир әлипбесин үйренип мине, Кетерсиз талай жол қырлардан асып. Ана Ўатаныңды сүйгил жаныңдай, Басқа жанашыр жоқ саған оныңдай, Патриот бол елиң ушын ет хызмет, Тасқынлы бол тамырдағы қаныңдай. Миллет ары қәлбиңизде жасасын, Гүллендир сен ана Жайҳун жағасын, Қаракеңниң нағыз азаматы деп, Журтлар таң қалысып берсин баҳасын. Ядқа билген Әжинияз,Бердақты, Қарақалпақ перзенти бол ардақлы, Билим берген устазларды умытпа, Қәлбиңизде сақлаң жаратқан Ҳақты. Тилеймен сизлерге ашық,айдын жол, Дослық ҳүрмет пенен берисиңлер қол, Дүньялық илимниң есигин ашып, Елимниң ел сүйер азаматы бол. ✍Перида Аллекеева 25-май 2023-ж https://t.me/ibratli_sozler

"Мен Дийханман" Қарақалпақша ретро қосық https://t.me/ibratli_sozler

🌤 ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ! 🌹 Ассалаўма алейкум! 🌹 Бүгин басланып атырған, жаңа күниңиз пайызлы ҳәм берекетли болсын! 🌹 Сизди ҳәм жақы
🌤 ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ! 🌹 Ассалаўма алейкум! 🌹 Бүгин басланып атырған, жаңа күниңиз пайызлы ҳәм берекетли болсын! 🌹 Сизди ҳәм жақынларыңызды жақсы кейпият ҳеш қашан тәрк етпесин! https://t.me/ibratli_sozler

#Қайырлы түн!! Ерте таңда сиз әзизлер менен, топарымыз арқалы аманласыўды несийбемизге жазыўын тилеймиз! 💥 💥 💥 💥 💥 💥 Өм
#Қайырлы түн!! Ерте таңда сиз әзизлер менен, топарымыз арқалы аманласыўды несийбемизге жазыўын тилеймиз! 💥 💥 💥 💥 💥 💥 Өмирде алмастырып болмайтуғын емес, тəкирарланып болмайтуғын инсанлар бар. Хəмийше тəкирарланбас болыўға хəрекет етиң!! https://t.me/ibratli_sozler

Гүбелек шырайлы болғаны менен ол бәрибир ширкей есапланады, ал кактус қаншама тикени болғаны менен ол бәрибир гүл есапланады.
Гүбелек шырайлы болғаны менен ол бәрибир ширкей есапланады, ал кактус қаншама тикени болғаны менен ол бәрибир гүл есапланады.   Адамның да сыртқы көринисине қарап емес, ис-ҳәректине қарап билсе болады. https://t.me/ibratli_sozler

"Бизге миймандур" Қара қас астында бадам қабағың, Кирпигиңниң ниги көзге миймандур. Келгеннен қызғанба ишкен тамағың, Нанға мүтәж емес,сөзге миймандур. Узақдур мәнзиллер,аўырдур жоллар, Сорасса жигитлер,сөйлессе тиллер, Бәҳәрде ашылған рәңбәрең  гүллер, Бир пасыл ашылар,жазға миймандур. Не гөззал ҳөнерлер,не сырлы ислер, Не хаўалы жайлар,алтын-гүмислер, Алтмиш әлўан,жетмиш түрли жемислер, Ағаштан айрылар,гүзге миймандур. Жигиттиң боласа жарағы,аты, Соны билиң жоқдур оның ғайраты, Қартайсаң билерсең жастың қуўатын, Жигитликтиң зоры дизге миймандур. Азада тутпасаң кеўил мүлкиңди, Шайтан ара түсип,бузар қулқыңды. Маба билме жүзиңдеги көркиңди, Шырай-пәкизелик жүзге миймандур. "Мақтымкулы"тыңлар ел жоқ сөзиңди, Сиз-бизлик,сыйласық қалды изинде. Қанша жасасаңда жердиң жүзинде, Адам бир бес күнлик дузға миймандур. 👉@Maqtumquli https://t.me/ibratli_sozler

Нақыл-мақаллардың жуўап- айтыс ҳәм ойын дәлкек түрлери.
Ессиз ғана бийдайды, Тақан қылмай нан қылды. Ғарға ғарқылдап ғаз болмас, Кемпир сыңқылдап қыз болмас. Ғарры түйе бақыраўық, Ғарры қораз шақыраўық. Арбаның жаман жери, Жолдың жаман жерине келеди. Мурнымның пушығынан қабарым жоқ, Сәңкийип сала бериппен. Бир жилли менен бир саў қосылса, Жағаласқан жаўдай болады. Еки жилли қосылса, Ағайинли саўдай болады. Бир аўыз әңгимениң, Еки аўыз лийикини болады. Көлдиң қуты кетсе, Үш жыл бурын қутаны кетеди. Алып болсаң үсириңди, Аўлаққа сал дүсириңди. Ақ қуланды алсаң ары тур. Оң қолым, сол қолым, Бәри де өз қолым. Атаңда жоқ арғымақ, Енең де жоқ арғымақ. https://t.me/ibratli_sozler

#ИБРАТ Мойнақ районы Қазақдарья Мәҳәллеси Кеңес ағзалары менен ойласылған ҳалда, аўылымыздағы 14-15- мектепти 2006-жылы питирген 1988-жылы туўылған жигитлер, кызларымыз қәўендерлик етти ҳәм естелик иретинде аўылымыз аты түсирилген ески жазыўды ҳәзирги заман көринисине сай жаңалаўды мақулланып бугин усы бойынша қурылыс жумысларын баслап жиберилди. Бул бизиң Қазақдәрья аўылымыз ушын әжайып жаңалық ҳәм тарийхта аты қалатуғын мәңгилик естелик десек арзыйды. 13-14-мектепи питкергенине 20 жылда ушырасыў кешеси мүнәсибети менен жыйналып атырған жасларымыз туўылып өскен аўылын, оқып билим ҳәм тәрбия алған мектеп дәргайына устазларын еслеп келер екен қәдемлери оң болсын. Бул жердеги аўызбиршилик, инсанийлық пазийлетлерди өзлерине жақсы нийет ислери аўылымыз ушында айтарлықтай мақтаўға мүнәсип болды. Усындай жақсы пазийлетлери менен шөлкемлестириў ислерин алып барып атырған жигитлер саў болғай. Минекей Казакдарья аўылымыздың көркине көрик қосты, жасларымыз бахытлы болғай. ✍Сапура Сапарова https://t.me/ibratli_sozler

#теңизден_тамшы Адам кеўли — жолда өскен көк емен, Саясы мол, булақ ағар қасында. Түрли тыйық пенен, түрли қол менен, Қолтаңб
#теңизден_тамшы Адам кеўли — жолда өскен көк емен, Саясы мол, булақ ағар қасында. Түрли тыйық пенен, түрли қол менен, Қолтаңбалар көрдим жазылған онда. ✍И.Юсупов https://t.m/ibratli_sozler

ҚӘЙТИП ЖАСАЙСАҢ ‎ ‎ ‎
Москва деген мәкан болмағанда, Парижде турып өлер едим. ‎ ‎В.Маяковский. ‎"хошласыў" қосығынан. ‎
Улларың үй болды, қызларың кетти, ‎Гүл киби жаслығың барлығы өтти, ‎Таўсылмас тәшўишлер бәршеси питти, ‎Енди өзиң менен өзиң жасайсаң. ‎ ‎Бир күни той дейсең, бир күн шақырық, ‎Ақлықты бағарсаң күнде бақырып, ‎Бир күни келмеске қалса шақырып, ‎Айт сен өзиң ушын қашан жасайсаң. ‎ ‎Балам деп, қызым деп бунша күйесең, ‎Өзиңнен сен кешип қәддиң ийесең, ‎Ғалма-ғал, тәшўишди бунша сүйесең, ‎Өзиң ушын өзиң қашан жасайсаң. ‎ ‎Өз үйиң, өз көшең соны билесең, ‎Көп жыллар усында жасап келесең, ‎Туўылдың усында, сонда өлесең, ‎Ҳәз етип, ел көрип қашан жасайсаң. ‎ ‎Усы деп ойлайсаң өмир мазмуны, ‎Маңлайға тәғдийрдиң питкен жазымы, ‎Не қалды өмирден кетти қызғыны, ‎Өзиңди сен өзиң қашан ойлайсаң. ‎ ‎Отырсаң ыңкылдап зорға турасаң, ‎Аяғың ақсаңлап жолда барасаң, ‎Күн-күннен керексиз адам боларсаң, ‎Сонда өзиң ушын қашан жасайсаң. ‎ ‎Әлемниң ҳәр мушын барып көрмесең, ‎Таўларда, теңизде өзиң жүрмесең, ‎Өмирдиң қызығы қайда билмесең, ‎Ҳәй, адам ҳәз етийп қашан жасайсаң. ‎ ‎Жасыл жайлаўларда жатсаң керилип, ‎Қар басқан шоққылар турса көринип, ‎Бүркит қанат қақса сонда еринип, ‎Оларды көрместен қалай жасайсаң. ‎ ‎Шыршалар теңселген тоғайлар жасыл, ‎Бағында мийўелер жерлери ҳасыл, ‎Бул әлем әжайып  сен барып қосыл, ‎Қашан  гөззаллықты сезип жасайсаң. ‎ ‎Үңилсем көп екен мениң өксигим, ‎Кеўлим жамаў-жамаў көпдур тигисим, ‎Мени кешире-гөр жаным Нөкисим, ‎Бул жерден ўаз кешип қәйтип жасайсаң...? ‎
‎23-май.2026-жыл. ‎ ‎Абат Крамов. ‎Каналымыз,: @Kramov_Abatbay_poeziya
https://t.me/ibratli_sozler