en
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Open in Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Show more

📈 Analytical overview of Telegram channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) in the Kazakh language segment is an active participant. Currently, the community unites 18 812 subscribers, ranking 4 306 in the Religion & Spirituality category and 442 in the Kazakhstan region.

📊 Audience metrics and dynamics

Since its creation on невідомо, the project has demonstrated rapid growth, gathering an audience of 18 812 subscribers.

According to the latest data from 06 July, 2026, the channel demonstrates stable activity. Although there has been a change in the number of participants by -294 over the last 30 days and by -3 over the last 24 hours, overall reach remains high.

  • Verification status: Not verified
  • Engagement rate (ER): The average audience engagement rate is 27.71%. Within the first 24 hours after publication, content typically collects 19.47% reactions from the total number of subscribers.
  • Post reach: On average, each post receives 5 213 views. Within the first day, a publication typically gains 3 663 views.
  • Reactions and interaction: The audience actively supports content: the average number of reactions per post is 44.

📝 Description and content policy

The author describes the resource as a platform for expressing subjective opinions:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Thanks to the high frequency of updates (latest data received on 07 July, 2026), the channel maintains relevance and a high level of publication reach. Analytics show that the audience actively interacts with content, making it an important point of influence in the Religion & Spirituality category.

18 812
Subscribers
-324 hours
-607 days
-29430 days
Posts Archive
Мен кишкене елдиң шайыры болсам да, Мен уллы ислердиң парқын билемен. Тикенекли тар соқпақтан барсам да, Талай үлкен жолдан жүрип көргенмен.
Anonymous voting

Аласар
Anonymous voting

Қыз - келиншеклер басына орайтуғын ямаса жигитлер белине буýaтуғын жипектен тоқылған гезлеме
Anonymous voting

АТАМ АЙТҚАН ӘПСАНА Дүньяға даңқы кеңинен жайылған Әмир Темур қартайып, өлим алдында жатырғанда, балалықтағы бир жорасы: "Бизге бир шынлық айтып кет, сен өзиңниң усыншама уллы даңқың ушын кимге миннетдарсаң?" - деп сорапты. Сонда Әмир Темур ҳеш ойланып жатпастан: -Үш адамға миннетдарман,- депти. - Олар кимлер?- депти жорасы. - Биринши адам - ҳаялым, - депти ол. - Мен Әмир Темур болып даңқ шығара баслаған гезлеримде душпанларым да көбейди. Бирақ ҳаялым үйге келген қонақларға теңдей хызмет қылып, бай дастурхан жаятуғын еди. Ҳаялымның ашық шеҳресин көрген қонақлардың биразы босағамнан ишке душпанлық көз бенен кирсе де, шығарда дос болып шығатуғын еди. Ҳаялымның усындай ақ кеўилли, ашық пейилли сақый зийнетинен досларым көбейип бара берди. Сол ушын оған миннетдарман. - Екинши миннетдар адамың ким? - депти жорасы. - Екинши миннетдар адам да - ҳаялым,- депти Әмир Темур. Мен алыс еллерге кеткенде шабыўылдан қайтқанша душпанларым ҳәрқыйлы өсек таратса, ол ҳешкимди исендирмес дәрежеде балаларымның, жақын- жуўықларымның, пүткил Самарқанд халқының басын бириктирип, өзиниң де сарғайып күткени аздай, "Ерим жеңилип, қапа болып келсе, арты пүтинлигине исенип кеўлин көтерсин, жаўдан өлсе естелик болар, деп," мениң атыма жайлар, минәрәтлер, медреселер соқтырып қоятуғын еди. Бундай садық ҳаялымды еслесем, күшейип кететуғын едим. - Үшинши миннетдар адамыңыз ким?- деп сорапты жорасы. - Үшинши миннетдар адамым да - ҳаялым,- депти Әмир Темур. Мен бул дүньяға базда күтилмеген ўайқанлардың себепкери болдым. Сонлықтан, өлсем, базы жаўыз душпанларым өлигимди ғарға- ғузғынларға таслаўы сөзсиз еди. Усыны билип, мениң өлигимди ҳеш кимге қорлатпайтуғын, өлсем дүнья-малымды, тахтымды ийелеп, мениң шала қалған ислеримди даўамлап, ақырына жеткеретуғын перзентлер туўып берди. Т. Қайыпбергенов "Қарақалпақнама" роман-эссесинен. https://t.me/ibratli_sozler

#Рәўият – Адамлар не ушын бир-бириниң ишки дүньясына емес, көбирек сыртқы көринисине қарап баҳа береди? – деп сорапты Луқманы Ҳәкимнен. Ҳәким былай жуўап берипти: - Себеби, еки көз ҳәммеде бар, бирақ өткир ақыл-парасат ҳәммеде де бола бермейди. https://t.me/ibratli_sozler

Теңгелер гейде сайызлаў шуқанақ қазылып, соған орамалға түйилген теңгелер қойылған. Бул кийиздиң үстинде көринип турғаннан гөре тәўир-ақ қыйынлаў, айрықша зийреклилик талап ететуғын болған.        Теңгелер кишкене қалташалар менен арнаўлы бақанға илдирилип те қойылған. Жигитлер ат пенен шаўып келип, илип алып кетиўи керек. Бул усыллардың қай-қайсысы да жигитлерден шаққанлықты, таярлық көриўди талап еткен. ~ОРАМАЛ АЛЫЎ~миллий ат спортында ойынның бул түри де болған. Усы жерде бул ойынның түри бойынша Қарақалпақ мәмлекетлик И.В.Савицкий атындағы музейиниң илимий хызметкери Айгүл Пирназарованың информаторлардан еситкен пикири--бул ойынның мәнис-мазмунын ашып береди деп ойлайман: ~Кестеленген моншақлы орамаллар бақанға илдирилип, жигитлер ат үстинде шаўып баратырып, илип алады. Шаққан жигитлер алып орамалды тиккен қыз бенен жеңгеси арқалы танысқан ўақытлар да болған>>.          Демек <<орамал алыў>> ойыны да той тамашаларының қызығарлы түрлериниң бири болып, қарақалпақ миллий ат спортының рәңбе-реңлигин байыта түседи.          Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

ЕРТЕДЕГИ МИЛЛИЙ СПОРТ ОЙЫНЛАРЫ         Қарақалпақ халқының ең баслы тойларына: ул үйлендирип, қыз узатыў ҳәм сүннет тойлары киреди. Жас нәресте дүньяға келгенде <<шашыў>> берилип, бул кишигирим көлемде аўыл ҳәм жақын ағайинлерди шақырып белгиленетуғын қуўанышлы бас қоспа.         Үлкен тойларды қызықлы етип, келген мийманлардың ўақты  хош  болып кетиўи ушын, той ийеси өзиниң шамасына қарап түрли ойын-заўық тамашалары болыўын нийетлейди.          Тойдағы тамашалардың ең қызықлылары: бақсы-жыраў айттырыў, айлаўға ат жибериў, жорға жарыслары, палўан гүрес, қошқар дүгистириў, арқан тартыс, шабандоз жигитлердиң ат үстиндеги аўдарыспақ ойынлары, мергенлик шеберликлери сыяқлы  тамашалары өткериледи.        Усы тамашалардың ишинде мергенлик шеберлиги бойынша миллий спорт ойынларының түрлеринен:  алтын қабақ аттырыў,   жүзикти көзинен атыў,   теңге алыў,  орамал алыў ойынлары ерте дәўирлердеги қарақалпақ тойларынан орын алған.          Бул тамашалардың биразы ҳәзирги күнлердеги тойларымызда еле де өмиршеңлиги менен халыққа усынылып атырған болса, айырымлары ўақытлардың өтиўи менен қалып кеткен. Қалып кеткен миллий спорт ойынлары қатарында: алтын қабақ аттырыў, теңге алыў, жүзиктиң көзинен атыў, орамал алыў  ҳәм т.б. түрлери бар. ~АЛТЫН ҚАБАҚ АТЫЎ~дәстанларда <<алтын қабақ аттырып, отыз күн ойын, қырық күн тойын берди>> --деген сүўретлеўлерди  жийи ушыратамыз. Гейде бир жерге жумсаған адам тез қозғала қоймай, асықпай жүре берсе:---Алтын қабақ аттырып той берип барайын деппедиң?---деген сөзлер де тилимизде жийи қолланылады.        <<Алтын қабақ>>  сөзине <<Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги>>нде төмендегише түсиник берилген:---<<Алтын қабақ атыў---түркий халықларына тийисли мергенлик пенен ер жүреклиликти сынайтуғын, ақша тигилип өткерилетуғын халық ойыны>> [1-том, 118-бет, Нөкис, "Qaraqalpaqstan", 2023-жыл].         Информатор Зийбагүл Әбдижәлий қызының [1925--2002-жж. Қараөзек районы, "Қара буға" аўылы] берген мағлыўматына қарағанда:---Алтын қабақ дегенде, ол алтыннан қуйылған қабақ болмаған. Қәдимги суў қабақтың кишкене түрин алып, ишине алтын теңге, ямаса алтыннан исленген буйымлардан салып, бийиклиги 20-30 метр шамасындағы бақан ямаса сырық көмген, соның ушар басына алтын салынған қабақты қойып, жигитлер ат пенен шаўып баратырып атып, мергенлигин сыннан өткерген. Аты жоқ, шаққан жигитлер де бул сынаққа қатнасып, өзлериниң мергенлигин сынақтан өткерген>>,---дейди.        1994-жылы биринши рет сахналастырылған <<Ғәрип ашық>> спектаклинде, Шаҳсәнемниң тойында Ҳәкимзада ўәзирдиң қызы Ҳүрлиха алтын қабақ атқан ең мерген жигитке өзин бас байрақ етип қойған көринислер бар [01,39--01,42 минутлар аралығы].  Сонда мерген жигитлер атып түсире алмаған алтын қабақты бүкир тазша атып түсиретуғын күлкили көринис те алтын қабақ атыўдың қарақалпақ тойларындағы заўықлы ойынлардың бири болғанлығынан дерек береди.         Алтын қабақ атыў ойынының келип шығыўы--жаўынгер елдиң жигитлериниң әскерий таярлығына байланыслы болып табылады. Жигитлердиң кәманлардан нышанға дәл тийгизиў шеберлиги, шаққанлығы ҳәм  зийреклигин күшейтиў мақсетинде парахат турмыс дәўиринде де той бәнеси менен усындай сынақлардың түрлерин өткерип турған.         Жеңимпаз мерген  жигитлер ақшалай ҳәм баҳалы сыйлықлар менен  сыйлықланған, алтын қабақтағы олжасын да алған. Жигитлер ойынға күни бурын таярлықлар өткерген. Бул ойын ўақыттың өтиўи менен кем-кемнен қалып кеткен. Шама менен XVIII әсирге дейинги аралықта болған. Ойынның қалып кетиўине тарийхый, сиясий жағдайлардың тәсири де болған деп айтыўға болады. ТЕҢГЕ АЛЫЎ ОЙЫНЫ~бул ойын да үлкен тойларда адамларға заўық бағышлайтуғын қызықлы ойынлардың бири болған. Ойында жигитлердиң епшиллиги,  зийреклиги, шаққанлығы сынға түскен.        Теңге алыў ойынының қағыйдасы:  алтын теңгелер бир орамалға түйилип, жайылған ақ текийнемет ямаса кийиздиң үстине қойылады. Жигитлер белгиленген аралықтан ат пенен шаўып келип, илип алып кететуғын болған. Ала алған жигитке той ийесиниң бас байрағы алған олжасы менен қоса бериледи. Бул ойында тек аты бар шабандоз жигитлер ғана қатнаса алған.

ЕРТЕДЕГИ ҚАРАҚАЛПАҚ МИЛЛИЙ СПОРТ ОЙЫНЛАРЫ.
ЕРТЕДЕГИ ҚАРАҚАЛПАҚ МИЛЛИЙ СПОРТ ОЙЫНЛАРЫ.

Сораудың жууабы : Жигиттиң мақсети қызды ушырасыуға шақырыу еди . Барып едим жоқ екен-- қыздың əке-шешеси жоқ екен. Айтып едим яқшы деди -- қыз яқшы деген. Келмегени келгени-- қыздың əке-шешеси келип қалған. Келмегенде келер еди--əке-шешеси келмегенде қыз келер еди...деген жууап.

#Сорау Өткен заманда ауыллардың биринде, - Бир жигит , - Ал екинши ауылда қыз жасайды екен: Олар бир бирин қатты унатып сөйлесип журеди.... - Жигит иниси менен, -Ал қыз болса әке шешеси мен турады. Олар бир бири менен көрисип ушрасыуға қатты қыйналады. - Жигит инисине қыздың уйине барып қайтыуды буйырады: - Инисиде сөзин еки етпей барып келеди - Келип ағасына : Барып едим жоқ екен ,айтып едим ,яқшы деди: Келмегени келгени , Келмегенде келер еди депти: Жигитте инисиниң сөзиге тусиниптиде, Яқшы: деп жууап берипти: Сорау сизлер қалай тусиндиңиз🤔 https://t.me/ibratli_sozler

Дууа қылдым , ауыр күнимде ... Шерик болып жубатқанларды Көрдим халын күнниң күнинде Арқамнан көп тас атқанларды Базда тойып
Дууа қылдым , ауыр күнимде ... Шерик болып жубатқанларды Көрдим халын күнниң күнинде Арқамнан көп тас атқанларды Базда тойып , базда аш қалдым... Базда толып, базыда талдым Жүрегимди ауыртқанларды Гəп таласпай Қудайға салдым... Ырысқымның өшпеди шоғы... Өсек қылды тынбастан жағы Шетлеп өтти хəр атқан оғы... Ийрелеңлеп атқанда тағы Арзыу болдым əрманларына... Қызғаныштың қурбанларына Жақсы болдым жаманларына... Жақты болдым думанларына Келе берди несийбем тынбай... Кемеймеди ырыс -дəулетим Душпанымның сөзине сынбай.. Алға жүрсем келер əуметим Қол силтедим, бəри өткинши... Сөзин сууырып ескен самалға Бул өмирим келмес екинши... Тəуекел еттим Рəббим таманға.... https://t.me/ibratli_sozler

📖 ЖАҚСЫ НИЙЕТ Əмелге  асыралмайтуғын  ис  болсада  бəрқулла  жақсы  нийет  қыла бер. Жəннетке  алып  баратуғын жолда нийет  пайда береди. Бузық  нийети  менен инсан  дозаққа да түсиўи  мүмкин. Салул исмли адам мешитте таң  намазын  Пайғамберимиздиң кейнинде оқыйтуғын еди. Бирақ оның  бул уллы исиниң арқасында  бузық  нийет  жатар  еди. Сол себепли ол дозаққа ылайық болған. Израйылдан  болған зинəкар  ҳаял бир ийтке  суў берип өлимнен  асырап  қалғаны  ушын жəннетке  кирди. Ол  ҳаялда  жақсы  нийет  бар  еди. Алланың  жаратқан  мақлуқларына   меҳир  көрсетти... Нийет  бул  адам жүрегине  тийисли əмел. Оның  ағзаларына байланысы  жоқ. Бирақ нийет бузық  болса, ҳәрекет пенен исленген жақсы  əмелде  зая  болады. Егер  нийет жүректиң  түбинен шын  болса  өз  ийесин əмелсиз де жеңиске  еристиреди.. Муўса пайғамбердиң  дəўиринде  ашаршылық  болды. Мөмин гедейлерден бири  бир таўға  қарап:  "Қудайым!  Егер  менде  усы  таўдай  алтын  болғанында еди сениң  жолыңа бағышлап инсанларға тарқатар  едим". Аллатаала  Муўса  пайғамберге  ўақый  қылды: "Əй Муўса!  Сол  бендеме  айт, садақасын қабыл  қылдым!" деди. 📖 Топлаған Б. Қалиева. https://t.me/ibratli_sozler

Еркинбай Нəметов https://t.me/ibratli_sozler

ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ ! АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ƏЗИЙЗЛЕРИМ !!! Бүгинги атқан аппақ таң жүрегиңизге АЛЛАНЫҢ нурын уялатып, Периштелер тилекши
ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ ! АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ƏЗИЙЗЛЕРИМ !!! Бүгинги атқан аппақ таң жүрегиңизге  АЛЛАНЫҢ нурын уялатып, Периштелер тилекши болсын! Өмириңиз мазмунлы, ақыбетиңиз қайырлы болсын! АЛЛАХТААЛА бәршемизге салиҳ ул ҳәм ийманлы қыз берсин! Ерте таңда нени тилеп сораған болсаңыз барлық тилеклериңиз қабыл болсын..! Хəмал айының 26-сəнеси, хəптениң Пийшемби күни. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Мухаббат....Жақсы яр. 1620- жылы Ицхак Бэн Эльяким исимли адам қызына арнап "Мийримли жүрек" атлы китап жазады. Бул китапта "Минсиз ярдың он қағыйдасы" жазылған екен. Оның бул ойлары пүткил әлемге таралып кетеди. Усы он қағыйданы биз бүгин сизлерге усынамыз. 1.Ярыңды уйқыдан оятпа. 2.Өмирлик жолдасыңа тамақты көп күттирме. Ашлық-ашыўдың басланыўы. 3.Оған қарсылық көрсетпе. 4.Жубыңа аўыр сөз айтпа. Оған патша сыяқлы қарасаң, ол да сени ханшайымдай көреди. 5.Оның душпанының тәрепин алма, досларын жақсылап күт. 6.Жубыңнан болыўы мүмкин емес ерликлерди күтпе. 7.Күйеўиңниң ақшасына пухта бол. Өзиңниң ақшаңды оннан жасырма. 8.Оның сырларын сақлай бил. Ал, оның жаман тәрепи болса ишиңде қалсын. 9.Ярыңның өтинишин булжытпай орынласаң, ол сениң қулың болады. 10.Ол ашыўланғанда абайлы бол.Ондай гезде дым кеўилли де, қатты урысқақ та болма, күлимлеп ғана әсте сөйле. https://t.me/ibratli_sozler

#Яссаўий 📜 АМАНАТ Меражда Мухаммед пайғамбар өзгеше сәўле шашқан нурды көрди. Әтирапын шуўаққа бөлеп тур екен. Ол руўҳ пайғамбардың нурын көрген ўақытта тәсирленип кетти. Расул таңланып Жабрайылға: - Тәнге кирмей кәмилликке жеткен бул кимниң руўҳы? - деди ол. - Ахмет деген үмметиң. Төрт жүз жылдан кейин дүняға келеди. Сайрамда сениң изиңди басады. Түркстанда исламның нурын шашады. Ҳикметинен наданның қуты қашады. Тат басқан кеўилди гүнадан тазалап, кесел жүректиң шыпасын береди, - деди Жабрайыл. - Оның менен сөйлесип көрейин. Түрки баласына ҳикметимди таратса, елди мусылманлыққа қаратса, Ҳақ жолдан қыя баспаса, шәрияттан өтпесе, душпанынан қорқып албырамаса, әўлийемен деп таспаса, мен тилеген ҳақыйқый үммет сол болады, - деди мүбәрек. Олардың муҳаббаты Жабрайылдың жүрегин жибитип жиберди. Периште: - Әй, Ахмет, жақынла. Пайғамбарың менен сөйлес. Бул Алла тааланың саған көрсеткен мийрими, - деди. Ахметтиң толқынланған руўҳы қуўаныш пенен пайғамбарға жақынлады. Ҳүрмет пенен сәлем берди. Пайғамбар: Перзентим, Тәңиритааланың сүйген қулы бол, халқыңың бахты ушын туўылған улы бол. Ҳақ жолын улығлап, сүннетимди тутсаң, мына нәрсеге беккем бол. Пақырлық саўытың болсын, тақыўалық қалқаның болсын. Тилиң зикирден, кеўлиң шүкирликтен, ойың пикирден ғапыл болмасын. Тойып тамақ ишпе, қус төсекте жатпа. Көзиң қалғыса да кеўил көзиң қалғымасын. Әдилликти уллы тут, әўлийени пир тут. Өзге динди сөкпе, кәпир болса да инсан әўладына азар берме. Дурыс бийде туўысқан болмайды, наҳақ бийде ийман болмайды. Ҳәр намазың мераж сапарындай болсын. Ғәриптиң кеўлин қалдырма, шайтанға бетиңнен сүйдирме. Ел алдында мақтанба. Малы көп деп байға жалтақлама. Минезиң топырақтай болсын. Ҳәмме адамзатты сүй! - деп пәтия берди. Сөзин даўам етип: - Бул сәўбетке мына қурма ағашы гүўа болды. Ҳикметтиң сырын, динниң нурын усы қурмаға жасыраман. Есиңде болсын: мениң аманатым саған аман-есен жетип барады. Ахмет қабыл алды. Пайғамбар оның менен хошласып, сапарын даўам етти. "Яссаўий феномени" китабынан алынды https://t.me/ibratli_sozler

БУЛ САМАЛДЫҢ ЕСПЕЙТУҒЫН ЖЕРИ ЖОҚ... "Өсек ҳәм ғыйбатқа ҳеш қулақ аспа" Деп билгишлер ақыл айтқан болады. Бирақ ақыл басқа, өсек сөз басқа, Ҳәр қайсысы өз жолынан барады. Өсек сөз дегениң ызғырық самал, Бул самалдың еспейтуғын жери жоқ. Бийдай арасында ийтсийгек болар, Ҳарам шөптиң өспейтуғын жери жоқ. Күншиллик-ғыйбаттың бузық анасы, Дөхмет-жала менен ойнастан туўған. Жалған менен ыраслықтың арасы Билинбестей етип шебер тоқылған. Ғыйбат өз зәҳәрин иширсе езип, Инсан кеулин ғаплет думаны басқан: Жигитлер ең жақсы достынан безип, Патшалар ең садық ўәзирин асқан. "Өсек сөз ийеси қатынлар десе, Инанбаң! Өсектиң жынысы болмас. Еркеклер бар ғыйбат отын үрлесе, Ҳаял заты оған ерисе алмас. "Аллаңды умытпа" деп журип олар, Ақбайталлық етип өсек  тоқыйды. Қус баласы болған менен ғарғалар, Жеркенбестен патас затты шоқыйды... Өзбекстан қаҳарманы Ибрайым Юсупов https://t.me/ibratli_sozler

photo content

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... - Statistics & analytics of Telegram channel @ibratli_sozler