ЕРТЕДЕГИ МИЛЛИЙ СПОРТ ОЙЫНЛАРЫ
Қарақалпақ халқының ең баслы тойларына: ул үйлендирип, қыз узатыў ҳәм сүннет тойлары киреди. Жас нәресте дүньяға келгенде <<шашыў>> берилип, бул кишигирим көлемде аўыл ҳәм жақын ағайинлерди шақырып белгиленетуғын қуўанышлы бас қоспа.
Үлкен тойларды қызықлы етип, келген мийманлардың ўақты хош болып кетиўи ушын, той ийеси өзиниң шамасына қарап түрли ойын-заўық тамашалары болыўын нийетлейди.
Тойдағы тамашалардың ең қызықлылары: бақсы-жыраў айттырыў, айлаўға ат жибериў, жорға жарыслары, палўан гүрес, қошқар дүгистириў, арқан тартыс, шабандоз жигитлердиң ат үстиндеги аўдарыспақ ойынлары, мергенлик шеберликлери сыяқлы тамашалары өткериледи.
Усы тамашалардың ишинде мергенлик шеберлиги бойынша миллий спорт ойынларының түрлеринен: алтын қабақ аттырыў, жүзикти көзинен атыў, теңге алыў, орамал алыў ойынлары ерте дәўирлердеги қарақалпақ тойларынан орын алған.
Бул тамашалардың биразы ҳәзирги күнлердеги тойларымызда еле де өмиршеңлиги менен халыққа усынылып атырған болса, айырымлары ўақытлардың өтиўи менен қалып кеткен. Қалып кеткен миллий спорт ойынлары қатарында: алтын қабақ аттырыў, теңге алыў, жүзиктиң көзинен атыў, орамал алыў ҳәм т.б. түрлери бар.
~АЛТЫН ҚАБАҚ АТЫЎ~дәстанларда <<алтын қабақ аттырып, отыз күн ойын, қырық күн тойын берди>> --деген сүўретлеўлерди жийи ушыратамыз. Гейде бир жерге жумсаған адам тез қозғала қоймай, асықпай жүре берсе:---Алтын қабақ аттырып той берип барайын деппедиң?---деген сөзлер де тилимизде жийи қолланылады.
<<Алтын қабақ>> сөзине <<Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги>>нде төмендегише түсиник берилген:---<<Алтын қабақ атыў---түркий халықларына тийисли мергенлик пенен ер жүреклиликти сынайтуғын, ақша тигилип өткерилетуғын халық ойыны>> [1-том, 118-бет, Нөкис, "Qaraqalpaqstan", 2023-жыл].
Информатор Зийбагүл Әбдижәлий қызының [1925--2002-жж. Қараөзек районы, "Қара буға" аўылы] берген мағлыўматына қарағанда:---Алтын қабақ дегенде, ол алтыннан қуйылған қабақ болмаған. Қәдимги суў қабақтың кишкене түрин алып, ишине алтын теңге, ямаса алтыннан исленген буйымлардан салып, бийиклиги 20-30 метр шамасындағы бақан ямаса сырық көмген, соның ушар басына алтын салынған қабақты қойып, жигитлер ат пенен шаўып баратырып атып, мергенлигин сыннан өткерген. Аты жоқ, шаққан жигитлер де бул сынаққа қатнасып, өзлериниң мергенлигин сынақтан өткерген>>,---дейди.
1994-жылы биринши рет сахналастырылған <<Ғәрип ашық>> спектаклинде, Шаҳсәнемниң тойында Ҳәкимзада ўәзирдиң қызы Ҳүрлиха алтын қабақ атқан ең мерген жигитке өзин бас байрақ етип қойған көринислер бар [01,39--01,42 минутлар аралығы]. Сонда мерген жигитлер атып түсире алмаған алтын қабақты бүкир тазша атып түсиретуғын күлкили көринис те алтын қабақ атыўдың қарақалпақ тойларындағы заўықлы ойынлардың бири болғанлығынан дерек береди.
Алтын қабақ атыў ойынының келип шығыўы--жаўынгер елдиң жигитлериниң әскерий таярлығына байланыслы болып табылады. Жигитлердиң кәманлардан нышанға дәл тийгизиў шеберлиги, шаққанлығы ҳәм зийреклигин күшейтиў мақсетинде парахат турмыс дәўиринде де той бәнеси менен усындай сынақлардың түрлерин өткерип турған.
Жеңимпаз мерген жигитлер ақшалай ҳәм баҳалы сыйлықлар менен сыйлықланған, алтын қабақтағы олжасын да алған. Жигитлер ойынға күни бурын таярлықлар өткерген. Бул ойын ўақыттың өтиўи менен кем-кемнен қалып кеткен. Шама менен XVIII әсирге дейинги аралықта болған. Ойынның қалып кетиўине тарийхый, сиясий жағдайлардың тәсири де болған деп айтыўға болады.
ТЕҢГЕ АЛЫЎ ОЙЫНЫ~бул ойын да үлкен тойларда адамларға заўық бағышлайтуғын қызықлы ойынлардың бири болған. Ойында жигитлердиң епшиллиги, зийреклиги, шаққанлығы сынға түскен.
Теңге алыў ойынының қағыйдасы: алтын теңгелер бир орамалға түйилип, жайылған ақ текийнемет ямаса кийиздиң үстине қойылады. Жигитлер белгиленген аралықтан ат пенен шаўып келип, илип алып кететуғын болған. Ала алған жигитке той ийесиниң бас байрағы алған олжасы менен қоса бериледи. Бул ойында тек аты бар шабандоз жигитлер ғана қатнаса алған.