en
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Open in Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Show more

📈 Analytical overview of Telegram channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) in the Kazakh language segment is an active participant. Currently, the community unites 18 792 subscribers, ranking 4 322 in the Religion & Spirituality category and 444 in the Kazakhstan region.

📊 Audience metrics and dynamics

Since its creation on невідомо, the project has demonstrated rapid growth, gathering an audience of 18 792 subscribers.

According to the latest data from 09 July, 2026, the channel demonstrates stable activity. Although there has been a change in the number of participants by -265 over the last 30 days and by -7 over the last 24 hours, overall reach remains high.

  • Verification status: Not verified
  • Engagement rate (ER): The average audience engagement rate is 28.13%. Within the first 24 hours after publication, content typically collects 19.97% reactions from the total number of subscribers.
  • Post reach: On average, each post receives 5 288 views. Within the first day, a publication typically gains 3 755 views.
  • Reactions and interaction: The audience actively supports content: the average number of reactions per post is 44.

📝 Description and content policy

The author describes the resource as a platform for expressing subjective opinions:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Thanks to the high frequency of updates (latest data received on 10 July, 2026), the channel maintains relevance and a high level of publication reach. Analytics show that the audience actively interacts with content, making it an important point of influence in the Religion & Spirituality category.

18 792
Subscribers
-724 hours
-447 days
-26530 days
Posts Archive
#ҳикмет Өмир өлимнен сорады: Ҳәй, өлим! Не ушын адамзат мени жақсы көреди, ал сени жаман көреди? Өлим жуўап берди: себеби, сен ҳийлекер шырайлысаң. Ал, мен болсам, ашшы ҳақыйқатпан. Аллаҳым ақырымызды гөззал қылғайсаң Шайх Шаъраўий. 🎋🎋🎋🎋🎋🎋🎋🎋 https://t.me/ibratli_sozler

"Ананың ақыллылығы". Ибратлы видео. Бизден узақласпаң.... https://t.me/ibratli_sozler

Ана_журтым_сл_Г_Нурлепесова_муз_У_Абдуллаева_.mp31.04 MB

🌿❤️ ЖАҚСЫЛЫҚ🌿❤️    Адам баласын саўаплы ислерге баслайтуғын сезим, ол жүректиң қәлеўи - жақсылық болады. Жақсылық - гүллән тиришиликтиң тутқасы сыяқлы. Инсан баласы дүньяға келгеннен кейин әтирапындағылардан алған тәлим-тәрбиясы, тәжирийбеси арқалы сана-сезими қәлиплесип, ҳәр затты ойлап, ойынан өткизе баслайды. Ақ пенен қараны айырып, жақсылықтың, жаманлықтың не екенин уғып баслайды. Ҳақыйқатында , адам жаны жақсылыққа қумар болып, оны излеп турады. Сол жақсылықты өзинеде, өзгегеде тилейди.     Мен "жақсылық" деген түсиникти ең қүдиретли, ең кең дүнья ретинде билемен. Ол бийик, ол әжайып, соның менен бирге , ол биреўлер ушын жүдә қыйын  ис деп түсинемен. Мен бул жарық әлемде ҳәр түрли инсанлар менен таныспан. Солардың ишинде инсанға ҳәтте мехрин қызғанатуғынларын билемен. Мениңше мехир көрсетиў, жақсы сөйлеўде жақсылықтың бир түри.     Адам жақсылығын қәдирлеп билетуғын да, қәдирлемейтуғында инсанлар сан-санақсыз.    Бирақ биз жақсылықты миллетсиз ислеўимиз керек. Себеби, миллет етип исленген жақсылық, жақсылық болып есапланбайды.     Жақсылық етсең ўақыттың өтиўи менен ол өзиңе қайтары сөзсиз. Адамның өмири өзиниң ислеген жақсылықлары менен жүдә мәнили болады деп ойлайман. "Жақсылық ағаш басында, жаманлық аяқ астында", "Жақсыға қылған жақсылық, Бир өмирге тозбайды, Жаманға қылған жақсылық, Бир күнликте болмайды". - деген халық нақылларын  бурынғы ата-бабаларымыз бала тәрбиясында жақсылықтың  бийбаҳалығын қанына сиңдирип барған. Жақсылық ислеў бизиң көргенлилигимиздиң дәлийли болып есапланады.      Бул өмир өткинши және ўақытша. Соның ушын жақсылықты ҳеш кимнен аямаң. Ол әлбетте қайтады заманлас. 🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲🤲 🍃 Ж А Қ С Ы Л Ы Қ 🍃 🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸 Үйде алған тәрбияң, Уймалаған ол уяң, Ислесе ата-анаңыз, Өзгелерге жақсылық, Болады саған ол қылық. Жетим басын сыласаң, Аш жүргенин аңласаң, Жақсы жолды таңлап сен, Садақа берип турмасаң, Сонда қайда жақсылық? Қоңсыңда мәдар кеткенде, Қатнасты сен беккемле, Шай-тамағын асып бер, Ҳалынан оның жеркенбе, Әне, сол болар жақсылық. Инсанларға меҳир бер, Жақсы сөзден дүрлер тер, Ярыңа бол садық ер, Туўры тәрбия алғаның, Сонда жақсы болғаның, Елиңде ериншек болма, Ерте үзген гүлдей солма, Туўры сөз инсанды қолла, Сениң батыр болғаның, Жақсы тәртип алғаның. 🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸🌸 ГУЛДАСТЕ  КУРБАНБАЕВА Нөкис. 1-санлы мектеп........ Бизден узақласпаң....... 👇👇👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

📃 ЕЛ ДЕГЕН ЕСИЛ ЕР АЛЛАЯР БАБА. ✍ ГҮЛИСТАН ДӘЎЛЕТЛИ 🎙 ГҮЛДӘСТЕ ҚУРБАНБАЕВА https://t.me/ibratli_sozler

Рамазан сабыр айы     Рамазан айында қылынған ийгиликли  ǝмеллерге берилетуғын саўап, басқа айларға қарағанда көбирек болады.        Бул айда ораза адам ҳǝр қанша күн узақ, ыссы-салқын болмасын, өз үстинен өзи бақлап, ҳеш ким көрмейтуғын орынларда да оразаны бузыўшы  нǝрселерден сақланады.      Буның нǝтийжесинде инсан өз денесин, нǝпсин тǝрбиялап, сабырлы болыўға үйретеди.         Себеби, Пайғамбарымыз алайҳиссаллам: “Ораза сабырлықтың ярымына тең” деп баян қылған 🙏🙏🙏🙏🙏🙏🙏🙏🙏 https://t.me/ibratli_sozler

🕋🕌🕋🕌🕋🕌🕋🕌🕋 ҚӘСИЙЕТЛИ РАМАЗАН АЙЫНДА ТУТҚАН ОРАЗАМЫЗДЫ ҚАБЫЛ ЕТКЕЙСЕҢ АЛЛА !!! АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ Нәўәйту ән әсуўмә соў
🕋🕌🕋🕌🕋🕌🕋🕌🕋 ҚӘСИЙЕТЛИ РАМАЗАН АЙЫНДА ТУТҚАН ОРАЗАМЫЗДЫ ҚАБЫЛ ЕТКЕЙСЕҢ АЛЛА !!!       АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ       Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.       Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы. 🤲  НИЙЕТЛЕРИҢИЗДИ АЛЛАҲ ТААЛА ҚАБЫЛ ЕТСИН! 🤲🙏🤲🙏🤲🙏🤲🙏🤲 https://t.me/ibratli_sozler

Paraxat_Mamutov--Ana_www.Emuz.uz (1).mp34.73 MB

TAN`--NOKIS FM.mp39.04 KB

❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ ҚӘДИРДАНЛАР ! Бүгинги атқан таңымыз бәршеңиздиң кеўлиңизге жақсылық, жүзиңизге шадлық, жүрегиң
❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️❄️ ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ ҚӘДИРДАНЛАР ! Бүгинги атқан таңымыз  бәршеңиздиң  кеўлиңизге жақсылық,  жүзиңизге  шадлық,  жүрегиңизге  толы  меҳир ҳәм муҳаббат инәм етсин! Қадирданлар бүгин оразаның 13 - күни мубарек болсын. Тутқан оразаларыңыз қабыл болсын....🤲🤲🤲    🌺Сизге бахыт тилеймен. Себеби, бахыт ҳеш қашан инсанға артықшылық қылмайды.      🌺Сизге саламатлық тилеймен. Себеби, ол ҳәмийше инсанларға жетиспейди.      🌺Сизге әўмет тилеймен. Себеби, ол ҳәр бир қадемиңизде керек болады..!      🌺Сизге тәлим-тәрбия тилеймен. Себеби сизден инсанлар  ибрат алады....! БҮГИНГИ  КҮНИҢИЗ  САЎАПЛЫ  ИСЛЕРГЕ  ТОЛЫ БОЛСЫН !!! Каналымыздан узақласпаң. Ибрат излесеңиз, күниңизди биз бенен бирге  өткериң....! https://t.me/ibratli_sozler

#ДЫҚҚАТ  ТАҢЛАЎ❗️ Дыққат таӊлаў!!!  «Устаз жолы» газетасы халқымызға бәҳәр паслы қарсаңында әжайып кейпият ҳәм мотивация үлесиў мақсетинде 8-МАРТ ҲАЯЛ ҚЫЗЛАР байрамы мүнәсибети менен «ЖӘҲӘН МАҒАН ҲӘЎЕС ЕТИП ҚАРАСЫН» - атлы таңлаўын жәриялайды! Таӊлаўға ҳәр бир тараў пидайысы жетискенликлери ҳаққында бир бет мақала жазады. Жоқары көрсеткишке мүнәсип муғаллим, шыпакер, спортшы, мәденият хызметкери, мәҳәлле белсендиси, профессор-оқытыўшы, қурылысшы, фермер, исбилермен ҳәм студент жаслар жетискенликлери баҳаланып шөлкемлестириўшилер тәрепинен <Даңқлы ел ардағы> «Өз кәсибиниң пидайысы», «Әдиўли устаз», жаслар ушын «Үмит шамшырағы» көкирек нышаны ҳәм  арнаўлы «Диплом» менен сыйлықланады! PS: Өз тарауында пидайы мийнет еткен бүгинде ақлық, шаулық мақтанышы ата-аналарда таңлауға (перзентлер қәуендерлигинде) қатнасыуына болады. Олардың хәр бири бүгинги күнимиздиң тийкары. Ата-ана хүрметке ылайық! Толық түсиник тел: +998880967412 Жуўмақ: 2026-жыл 8-март https://t.me/USTAZ_JOLI

🌟 ҚЫЗҒА ҚЫРЫҚ ҮЙДЕН… Қарақалпақтың салт-дәстүри жүдә терең мағаналы тәрбия мектеби болып есапланады. Оған тағы бир дәлил мына төмендеги қыз балаға деген тыйымлар деп билемен. «Қызға қырық үйден тыйыў, бир үйден жыйыў» деп Қарақалпақ салт-дәстүринде тәрбиялық уғым, устанымды атайды. Сол ушын да қыз балаға: 1. Жарысып сөйлеўге; 2. Жалғыз қыдырыўға; 3. Себепсиз күлип, сыпсың гәп сөйлеўге; 4. Орынсыз урыныўға; 5. Басқаларға қол тийгизиўге; 6. Өтирик, өсекке; 7. Суўық жүрис, әдепсиз қылыққа; 8. Биреўге қарап керилип есинеўге; 9. Талтайып отырыўға; 10. Шалқайып жатыўға; 11. Тамақты толтырып асаўға; 12. Урлық-қарлыққа; 13. Уятлы мүшелерин ашып жүриўге; 14. Адамға тигилип қараўға; 15. Күн батарда жатыўға; 16. Түске дейин уйықлаўға; 17. Киси алдында кийим алмастырыўға; 18. Миллийликти аяқ асты етиўге; 19. Елди ғыйбат етиўге; 20. Үлкенлердиң жолын кесип, атын атаўға; 21. Ишимлик ишиў менен шылым шегиўге; 22. Урыс-кериске; 23. Беттен алып, бет жыртысыўға; 24. Ысырапқа; 25. Мийиримсизлик пенен қопаллыққа; 26. Түнде суўға жалғыз барыўға; 27. Ер адамлар менен араласып жатыўға; 28. Күйеўине гәп келтириўге; 29. Әдепсиз сөзге; 30. Тарс-турс етиўге; 31. Адам ҳәм  жәниўарларды тебиўге; 32. Биреўди қорлап жәбирлеўге; 33. Менменлик етиўге ҳәм биреўди мазақ қылыўға; 34. Даўсын қатты шығарып сөйлеўге 35. Шектен тыс сыланып жасаныўға; 36. Қызғаншақлық пенен күншилликке; 37. Менменлик пенен өзимшиликке; 38. Алдап-арбаўға; 39. Көрсеқызарлыққа; 40. Нәпси қумарлыққа тыйым тыйым қатаң түрде салынады. Әжелер тәрбиясы... https://t.me/ibratli_sozler

#ғəзийне 📘 Қарақалпақ халық нақыл-мақаллары Бир түп шеңгелди Мың жыл қораласаң да бағ болмас. Бақшаны күтсең бағ болады, Күтпесең жантақ болады. Заманы бирдиң ҳамалы бир, Қырманы бирдиң самалы бир. Темеки тегинге келмейди, Теңгеге келеди. Ағаш екпеген саясында жатпас. Түйени жел ушырса, Ешкини аспанда көр. Шөлде суўсызлықтың азабын шекпеген, Уйде ыссы нанның кадирин не билсин. Бир жыл тут еккен киси, Жүз жыл гаўҳар тереди. Кебир жердиң көрпеси, Жаўын жердиң сорпасы Биймезгил жаўган қар, Жерге туспей ерийди. Ерте көмсең ураны, Жаздан өтпей ширийди. Ексең жерди қандырып, Аласаң өним жандырып. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

#Қара қалпақ ҳаққында ҚОСЫҚ Ибрайым шайырдың жолына Ассалаўма әлейкум, қәдирдан Қара қалпағым, Айтсам тарийхыңды — мың жыллық дәстаным. «Шапке» деген заманагөй мода деп, Сени умытып, енди кийе басладым. Сени көрдим көп ағамлардың басында, Бизлер бирге жүрер едик қасында. Қалпақ кийген жас жигитке жараспас, Деп, қәдириңди билмей қалдым жасымда. Ол заманда адамлар «Европаша» кийинип, Көп қалпақлар «дүканда» қалды үйилип. Сонда да ҳеш дым жоғалып кетпедиң, Ким кийсе де жарастың көзге көринип. Енди ҳәзир қалпақ кийгенлер көбейди, Қарақалпақтың бас кийими сол енди. Әсирлер бойы шайырлар жырлап өзиңди, Сени миллеттиң ар-намысы деп еди. Жазда саяман, жүзимди ыссыдан жасырған, Жамғырдан, қардан басымды қорғап атырған. Той-мерекеде қалпақты шешпей отырсам, Биреўлер мақтар, биреўлер күлер сыртымнан. Биз халықпыз — дослыққа қушағы ашылған, Қонақ көрсе, қолын былғап шақырған. Қәҳәрим келип, қызып кетсем бирақ та, Қара қалпақ кийген қайтпас батырман. Мен де көп нәрсени аңламай жүрдим, Орыстың мәдениятын жақсы деп билдим. Қара қалпақ кийген — Қарақалпақ екенин, Кеш болса да, жасым қайтып түсиндим. Тилегим сол — қалпаққа беккем болайық, Ер жигиттиң намысын жойтып қоймайық. Ата-бабам кийген бас кийимлерди Алтын мийрас қылып, мәңги сақлайық. Наўрызбаев Қудайберген Бекбаулы улы 1-март, 2026-жыл. 👉 https://t.me/ibratli.sozler https://t.me/ibratli_sozler

#Мәртебең_бәлент_болсын_Ана_Тилим Самандар & Надира ❤️ Тил байлығы күшли ҚАРАҚАЛПАҒЫМ ❤️Канал: https://t.me/ibratli.sozler

АНАЖАНЫМЫЗДЫҢ ТАҢҒЫ ПӘТИЯСЫ. Әлхәмдуллә, Әлхәмдулләниң Берекетин берсин. Есесин Алла жеткерсин. Патшаның қәхәринен, Шайтанның - шәҳәринен Қәўиптен - қәтерден Жаладан - бәледен, От бәлеси, суў бәлеси, Апат бәлесинен сақлағайсаң. Үйдеги- дүздеги, қоңсы - қоба Ағайин - туўған, қуда - жекжат Қурбы- қурдас, дос яранлар, Жақын - жуўық  бәри аман жүргей. Аспанымыз ашық болып, Нанымыз қалың болсын. Дәрьямыз суўға толып, Дийқаншылығымыз мол болсын. Елимиз тыныш болып, Турмысымыз абадан болсын. Толдым дегенде  төгилмегейсең, Жеттим дегенде сүрникпегейсең Перзент тилегенге перзент бергейсең. Улсызға - ул бергейсең Қызсызға - қыз бергейсең. Дәртлиге даўа бергейсең. Қәстеге шыпа бергейсең Пайғамбардың бахтын берсин, Сүлайманның тахтын берсин. Жаманларды жақсы етсин, Жақсыларды басшы етсин. Жақсыға мәнсап берсин, Жаманға инсап берсин. Баўырыңыз пүтин болып, От басыңыз  аман болсын. Досларыңыз көп болып, Душпаныңыз  жоқ болсын. Қосылғаныңыз бенен қоса ағарып, Түбиңиз  бир шақаңыз мың болсын. Ден-саўлыгыңыз беккем болып, Ырысқы несийбеңиз мол болсын. Жортқанда жолыңыз болсын Қыдыр ата жолдасыңыз болсын. Улынңызды үйлендирип Уяға қондырғайсыз Қызыңызды узатып, Қыяға қондырғайсыз. Улдан да, қыздан да Ақлық сүйип ағарғайсыз Шаўлық сүйип  шалқығайсыз Қуўлық сүйип қуўанғайсыз. Усы берилген пәтия Алла дәргайында    Рамазан айында ҳәммеге қабыл болсын Иншаллаҳ. Пәтия берген ГҮЛБӘҲӘР https://t.me/ibratli_sozler

🎧 Бес перде намасына "НЕГЕ КЕРЕК" Шийрингүл Қыз бақсы атқарды🎼 https://t.me/ibratli_sozler