en
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Open in Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Show more

📈 Analytical overview of Telegram channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) in the Kazakh language segment is an active participant. Currently, the community unites 18 792 subscribers, ranking 4 322 in the Religion & Spirituality category and 444 in the Kazakhstan region.

📊 Audience metrics and dynamics

Since its creation on невідомо, the project has demonstrated rapid growth, gathering an audience of 18 792 subscribers.

According to the latest data from 09 July, 2026, the channel demonstrates stable activity. Although there has been a change in the number of participants by -265 over the last 30 days and by -7 over the last 24 hours, overall reach remains high.

  • Verification status: Not verified
  • Engagement rate (ER): The average audience engagement rate is 28.13%. Within the first 24 hours after publication, content typically collects 19.97% reactions from the total number of subscribers.
  • Post reach: On average, each post receives 5 288 views. Within the first day, a publication typically gains 3 755 views.
  • Reactions and interaction: The audience actively supports content: the average number of reactions per post is 44.

📝 Description and content policy

The author describes the resource as a platform for expressing subjective opinions:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Thanks to the high frequency of updates (latest data received on 10 July, 2026), the channel maintains relevance and a high level of publication reach. Analytics show that the audience actively interacts with content, making it an important point of influence in the Religion & Spirituality category.

18 792
Subscribers
-724 hours
-447 days
-26530 days
Posts Archive

"БИР ШОҚЫП ЖЕТИ ҚАРАЎ"
Anonymous voting

"ҚУС УШСА ҚАНАТЫ КҮЙИЎ"
Anonymous voting

"ҚУЛАҒЫНА ҚУРТ БОЛЫП ТҮСИЎ"
Anonymous voting

Нөкис ўақты менен : 18:55 АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарт
Нөкис ўақты менен : 18:55 АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ      Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.       Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл. https://t.me/ibratli_sozler

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...: Үнсизлик етип ҳеш қашан өкинбегенмен, бирақ сөйлеп қойып көп рет пушайман болғанман... Омар ибн Хаттаб 📖
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...: Үнсизлик етип ҳеш қашан өкинбегенмен, бирақ сөйлеп қойып көп рет пушайман болғанман... Омар ибн Хаттаб 📖 Өмиримниң ең бахытлы мәўритлери - бул, мениң үйде, шаңарағым менен өткизген ўақытларым. ✍ Томас Жефферсон. 📖 https://t.me/ibratli_sozler

🌸🌸🌸 КЕЛДИҢБЕ БӘҲӘР 🌸🌸🌸 Алыс мәнзиллерден келдиңбе жетип, Күттим сағыныштан сабырым кетип, Арзыўлымды маған шын ашық ети
🌸🌸🌸 КЕЛДИҢБЕ БӘҲӘР 🌸🌸🌸 Алыс мәнзиллерден келдиңбе жетип, Күттим сағыныштан сабырым кетип, Арзыўлымды маған шын ашық етип, Жүреклерди жаўлап келдиңбе бәҳәр. Бүлбил яңлы гүл излеген шәменнен, Ўаз кештирмей лебизимнен дәмемнен, Хабар күтсем өзим сүйген сәнемнен, Кеўлиме сәл үмит бердиңбе бәҳәр. Ышқы соқпағында сайран из етип, Қәлбимдеги жырларымды гүзетип, Бармақларың шаш бурымын дүзетип, Зер қосық қатарын тердиңбе бәҳәр. Жарасып дуўтарға бир жуп тар болып, Ышқы сазы қолларыңда бар болып, Турса бугин сыўық пенен қар болып, Ертең жылыўы бар жердиң де бәҳәр. Үлкеме сағынып келдиңбе бәҳәр. Еркинбай Нəметов https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Ҳеш қашан инсанның өтмишинен оған қарсы пайдаланбаң. Өтмиште ислеген қәтеликлери менен оның бетине баса бермең! Егер дыққат п
Ҳеш қашан инсанның өтмишинен оған қарсы пайдаланбаң. Өтмиште ислеген қәтеликлери менен оның бетине баса бермең! Егер дыққат пенен бет-әлпетине қарасаңыз, көзлеринде мың түрли қыйналыў менен өткен нәрселерге, ислеген қәтелерине өкинип, азапланғанларын көресиз. Ҳеш қашан сөзлерден биреўге қарсы қурал сыпатында пайдаланбаң, себеби сөз сиз ойлағаныңыздан күшлирек жүректи жаралайды.. https://t.me/ibratli_sozler

«АНАНЫҢ АҚ СҮТИ»      Әкениң ҳақыйқый келбетин,      Қосығыма қосып жырладым.     Тербеткен дүньяның жербетин,      Аналар жырларын тыңладым. Қүдиретти ҳәмме көрсин - деп, Анадан перзентлер дөреген. Олар бәрҳә таза болсын - деп, Бесикке муқыят бөлеген.          Алпыс еки оның тамырын,          Жаратқанның өзи ийдирген.          Гөреклендирген бар әлемди,          Уллы едиң - Ана - не деген! Аўқат аспас - Ана - от жақпас, Тандыр жақпас, және нан жаппас, Нәрлендирген барлық инсанды, Улықланған - бул зат - қандай ас?      Қайнамас, қазанда писпеген,      Бөбектиң аўзынан түспеген,      Перзенттен басқалар ишпеген,       Аналардың аппақ сүти - бул!       Бар инсанияттың „қут“ы - бул! Ана сүтин емген бенделер, Ақыл болсаң - Анаң - жөн көрер, Тоғыз ай он күн көтерген, Ҳешким жоқ - Анаға - тең келер!          Билейик қәдирин - Ананың,          Асқар таўдай панаңның!          Олардың қәдирин билейик,          Әлпешлеп екеўин бәрҳәма,          Төбеге көтерип жүрейик!                                                        🌿🌿🌿 Әкелер көктен түспейди, Олда АНАдан ер жетти, Аналар жерден өспейди, Олда ӘКЕ ниң перзенти "Есте қалған елеслер" китабынан алынды. Сали Қудайбергенов https://t.me/ibratli_sozler

Кеше жауған қар ериместен Əтшөк қусың келди деместен Кеулим оянды əжайып сестен Сен қар менен келдиңбе бəхəр ? Мен сағындым б
Кеше жауған қар ериместен Əтшөк қусың келди деместен Кеулим оянды əжайып сестен Сен қар менен келдиңбе бəхəр ? Мен сағындым бүлбил үнлерин Ынтық қылған ерик гүллерин Қəлбимди нур қылды келгениң Аппақ қар менен көриндиң бəхəр ! Тəбият та түрленип пай-пай Қар жаудырып ,аязы қайтпай Келгениңди билдиртпей,айтпай Аппақ қар менен көриндиң бəхəр ! Мен сағынған қызғалдақ қайда Беркиткенсең оны қай жайға ? Сəл жыллы боп келсең болмайма? Сууық пенен көриндиң бəхəр ! Юсупова М. 01.03.2025

СӘҲӘРЛИК - 06:18 АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъаалә
СӘҲӘРЛИК  -  06:18       АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ       Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу Әкбар.       Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанша тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ Уллы. НИЙЕТЛЕРИҢИЗДИ АЛЛАҲ ТААЛА ҚАБЫЛ ЕТСИН! https://t.me/ibratli_sozler

Егер көпке ийе болсаң, малыңнан бер. Егер азға ийе болсаң, кеўлиңнен. Румий Ертеңги күн Сизге қуўаныш, әўмет ҳәм мол табыс ал
Егер көпке ийе болсаң, малыңнан бер. Егер азға ийе болсаң, кеўлиңнен. Румий Ертеңги күн Сизге қуўаныш, әўмет ҳәм мол табыс алып келсин. Перзентлериңиз алдыңызда аман болып сизди сүйсиндиретуғын урпақ көбейе берсин! Сиз жақсы көрген ҳәм сизди қәдирлеген инсанлар алдыңызда аман болсын..! Биз бенен бирге болғаныңыз ушын рахмет! ҚАЙЫРЛЫ  ТҮН ҚƏДИРДАНЛАРЫМ! https://t.me/ibratli_sozler

"ҒАРҒЫЎ"
Anonymous voting

"ЛАПГӨЙ"
Anonymous voting

"ЕМЕСКИ"
Anonymous voting

КЕРЕК БОЛҒАНДА ТАСЛАП ЖИБЕРЕДИ, КЕРЕК ЕМЕС ЎАҚЫТТА ТАРТЫП АЛАДЫ.
Anonymous voting

#рамазан_2026 #аўыз_ашыў_дуўасы Рамазан айының 10-күни Ифтарлық уақты 18:54 (Нөкис уақты менен) АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ Аллооҳуммә л
#рамазан_2026 #аўыз_ашыў_дуўасы Рамазан айының 10-күни Ифтарлық уақты 18:54 (Нөкис уақты менен) АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ      Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.       Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл. https://t.me/ibratli_sozler

Ауқат писирип билермекен ? Жасым 22 ге келди . Үйдегилер үйлендиремиз деп еди , дəрриу көндим. Жақсы шаңарақтың перзенти деп
Ауқат писирип билермекен ? Жасым 22 ге келди . Үйдегилер үйлендиремиз деп еди , дəрриу көндим. Жақсы шаңарақтың перзенти деп бир қыз бенен ушырасыуға шығарды. Жолда кетип баратырып ойымда " сулыумекен, дауысы қандай екен? " деген сораулар мийимде тынышлық бермес еди. Барғаннан сорауға тутаман: Тамақ писирип билесең бе ? ( Жорам айтты: бир қызлар мəйек те қууырып билмейди екен) Ушырастық,жүрегим хаплығып кетти. Субханааллах ! Мине саған шырай ( ишимнен тамақ писирип билемекен өзи ? ..деп турман) Сəлемлесип болған соң ,ол гəп баслады: - Қураннан қаншасын ядлағансыз ? Көз алдым қараңғыласып, дем жетпей қалды.Өзимди жек көрип кеттим. Маған тек қыз сулыу хəм тамақ асып билсе болды деп жүр едим. Астағфираллах ! Меннен талап етип сораған нəрсесине ақлым лал. Мен ақмақ не сорамақшы едим ?! Бираз үнсизликтен соң тилим тутлығып зорға жууап бердим. - Ярымын ядладым.Қалғанын енди ядлап атырман. Үйиме келгенше алдыңғы арысландай айбатым жоғалып, сууға түскен пышықтай болып қалдым.. Ю.М https://t.me/ibratli_sozler