en
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Open in Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Show more

📈 Analytical overview of Telegram channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) in the Kazakh language segment is an active participant. Currently, the community unites 18 813 subscribers, ranking 4 306 in the Religion & Spirituality category and 443 in the Kazakhstan region.

📊 Audience metrics and dynamics

Since its creation on невідомо, the project has demonstrated rapid growth, gathering an audience of 18 813 subscribers.

According to the latest data from 04 July, 2026, the channel demonstrates stable activity. Although there has been a change in the number of participants by -287 over the last 30 days and by -14 over the last 24 hours, overall reach remains high.

  • Verification status: Not verified
  • Engagement rate (ER): The average audience engagement rate is 27.16%. Within the first 24 hours after publication, content typically collects 19.71% reactions from the total number of subscribers.
  • Post reach: On average, each post receives 5 111 views. Within the first day, a publication typically gains 3 708 views.
  • Reactions and interaction: The audience actively supports content: the average number of reactions per post is 44.

📝 Description and content policy

The author describes the resource as a platform for expressing subjective opinions:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Thanks to the high frequency of updates (latest data received on 05 July, 2026), the channel maintains relevance and a high level of publication reach. Analytics show that the audience actively interacts with content, making it an important point of influence in the Religion & Spirituality category.

18 813
Subscribers
-1424 hours
-817 days
-28730 days
Posts Archive
ҲӘДДИҢЕ БАҚ... (Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Райхан САПАРОВАның туўылған күнине) Дүнья жүзлик көркем өнер күнинде, Ай оңынан туўған мақпал түнинде. Жүзи айдай бир қыз дүньяға келди, Сулыў менен Халмураттың үйинде. Бул қуўаныш сыйлап ата-анаға, Райхан деп ат қойды қыз балаға. Абаданға серик сиңли болды деп, Мың шүкир әйледи Тәңри таалаға. Ол қыз туўылған соң  бәҳәр паслында, Сәўирдиң бар сыйын алған ҳаслында. Қәдди бойы тип-тик,бар болмысына, Ҳәўеси келеди ғарры-жастың да. Шыққаннан соң артист шаңарағынан, Сахнада көп болды бала ўағынан. Бара-бара сахна шебери болды, Ел таныды адамыйлық жағынан. Келин болды артист шаңарағында, Сахна гүли болды жаслық шағында. Өмирлик жолдасы ертерек кетти, Бир ул,бир қыз перзент көрген ўағында... Перзентине болып ата ҳәм ана, Кемин билдирмеди,болды пәрмана. Бул өмирде нелер болмайды дейсең, Барлық қыйынлықты жеңди мәрдана. Қәлесе баслаўшы,қәлесе басшы, Пьесада атқарған роллери жақсы. Жүрислери қыздай,жүзлери жарқын, Ул-қыз,ақлықларға анадур ҳаслы. Ҳәддиңе бақ Райхандай болмаға, Халықтың кеўилин жаўлап алмаға. Ярым әсирден көп өмирин арнап, Саналы өмирин берген сахнаға. Мийнет етип Қарақалпақстанда, Халық артисти болды Өзбекстанға. Енди саў-саламат,жүз жастан асып, Мәртебеси шыға бергей аспанға! Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА 15 апрель,2025 жыл. https://t.me/gulnara_nurlepesova

photo content

🎤Кеңесбай Нийетуллаев. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Қәдирданлар, сизлерге қайырлы түн тилеймен. Түн өз ҳүкимин баслады. Демек түн тынышлықты сүйеди, ҳәмме инсанлар шийрин уйқыға
Қәдирданлар, сизлерге қайырлы түн тилеймен.    Түн өз ҳүкимин баслады. Демек түн тынышлықты сүйеди, ҳәмме инсанлар шийрин уйқыға кетеди. Сизлерге бүгинги түнниң жақсылығын, тынышлығын тилеймен.  Ертеңги Таңда аманлықта дийдарласыў несийп етсин. Түнниң периштелери, сизлерге шийрин уйқы ҳәм жақсы түслер инам етсин. 🤲🤲🤲🤲🤲 ҚАЙЫРЛЫ  ТҮН  ӘЗИЗЛЕР!!! 🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟 https://t.me/ibratli_sozler

#билип_қойған_жақсы ҚӘУИМ БАСЛЫҒЫ хәм АҚСАҚАЛЫ - қәуимге сайлау негизинде тайынланған басшы, ол қәуим ақсақалы менен мәслахатласып қәуимди басқарған. ҚОЗАҚ - жип тоқыйтуғын станок, ол ''өрмек''деп те аталған. ҒОРЖЫН - ғалыдан нағысланып, еки жақлы қылып исленген қалта, сумка. ҚЫССАХАНЛЫҚ-көркем әдебий-тарыйхый шығармаларды шырайлы интонация менен оқыйтуғын өнер. МӘХРЕМ-ханға жәрдемши, ақылгөй. МЕХТЕР-закат хәм басқада түсимлерди қадағалаушы хәмелдар, инспектор. МУРАП-орта азияда 1917-жылға шекем суу ислерине басшылық қылған хәмелдар. МҮЛИК-жеке меншик жер. НӨКЕР-хан, әмирлердиң әскерий қызметшиси. НАЙЫП-ғәрезли үлкениң хәкими. ОРЫС ЖОЛ-пётроалександровск хәм шымбай ортасындағы жол. ОРЫС СУД-шымбай, шорахан участкаларындағы суд органы, ол судлар палатасына (Ташкент) бойсынған. ОТАУ-барлық қәдеси менен сәнли етип көтерилген үй. ОЯЗ-приставтың жергиликли халық тилиндеги атамасы. ПӨСТЕК-пахтаны қағып таярлау ушын астына төселген тери. ПРИСТАВ-участка баслығы. ПРИСТАН-кемелер тоқтайтуғын жер, порт ПУД-ауырлық өлшем бирлиги, 16 кг. САЛҒУРТ-жер салығы. САЛҒЫРТ КЕСПЕ-хийуа ханлығында хәр бир шаңарақтан 3.5 манат муғдардағы өндирилген салық. СҮРГИН-жинаятшыларға арналған ауыр мийнет фронты. ТАНАП-шылбыр, арқан. 12 танап 1 гектарға тең. ТЕНГЕ-орта азия ханлықларындағы алтын, гүмис, мыс пуллар. ҮСИР-руханыйлер пайдасына өндирилген салық. УАҚЫМ-диний мекелерге берилген, салықтан азат етилген жерлер. ФУНТ-ауырлық өлшем бирлиги 1 фунт 400 грам. ХАЛЫҚ СУДЛАРЫ-үш жыл мүддетге халық тәрепинен сайланған судялар, қазылар. ШАРЫҚ-пахтаны ийирип, жипке айналдыратуғын үскене. ШӨП ПУЛЫ-жайлаулардан пайдаланғаны ушын өндирилген салық. ЫЛАШЫҚ-гөне керегелерди қурастырып,үстинги хәм қаптал тәреплерин хәр түрли табылған тауарлар менен жауылып исленген қарақалпақлардың турақ жайы, бул турақ жайларда жарлы шаңарақлар жасаған. (Дерек: Tarixqa názer kanali.) https://t.me/ibratli_sozler

Бәрше сораў-жуўап қатнасыўшыларына миннетдаршылығым шексиз. Жеңимпазларды шын кеўилден қутлықлайман. 🥇🥈🥉🏆 https://t.me/ib
Бәрше  сораў-жуўап қатнасыўшыларына миннетдаршылығым шексиз.  Жеңимпазларды шын кеўилден қутлықлайман. 🥇🥈🥉🏆 https://t.me/ibratli_sozler

3. Оның дөретпелерин жаслығымызда көп оқығанбыз. Ол химик, физик, илимпаз, тарийхшы, художник, жазыўшы ҳәм шайыр.... Сораў: Б
3. Оның дөретпелерин жаслығымызда көп оқығанбыз. Ол химик, физик, илимпаз, тарийхшы, художник, жазыўшы ҳәм шайыр.... Сораў: Бул уллы инсан ким? https://t.me/ibratli_sozler

2. Бул Уллы инсан қайсы елдиң шайыры? Сораў: Бул инсанның аты ким? https://t.me/ibratli_sozler
2. Бул  Уллы инсан қайсы елдиң шайыры? Сораў: Бул инсанның аты ким? https://t.me/ibratli_sozler

1. Өз дәўириниң ең зор фильмлериниң бири - "Табиб" киносының жулдызы. Сораў: Бул актрисаның аты ким???
1. Өз дәўириниң ең зор фильмлериниң бири - "Табиб" киносының жулдызы. Сораў: Бул актрисаның аты ким???

photo content

Voice message

Сырдәрьялы ықласбентимиз Бегзаттың қарақалпақ  халқымызға сәлеми! Саў болың Бегзат. 👍👍👍🙏🙏🙏 Каналымыздан узақласпаң.... https://t.me/ibratli_sozler

ӨМИР   ҚӘДИРЛИ Бул өмир жылдырымдай өтип барар, Өткенди салыстырып ҳәрне қарар, Қыйналып бас шайқап ойға талар, ӨМИР ҚӘДИРЛИ... Балалық еслесең мыйық тартып, Ойлайсаң ақлықларды көрип жатып, Ала алмассаң ол күнди қайтып сатып, ӨМИР ҚӘДИРЛИ ... Оқыўшылық дәўириң мол тамаша, Күнделикли билимлерди ал жаңаша, Оқыйсаң дослар менен көп таласа, ӨМИР ҚӘДИРЛИ ... Жаслығың дүркиреди пәрўазланып, Кеўиллер көрмеди ҳеш қулазып, Ойласаң сол сәтте ол бир азық, ӨМИР ҚӘДИРЛИ ... Турмыстың тәшўиши үй болған соң, Кеўил алып, айтысар жақсылық оң, Сол шаңарақ тәшўиши кийгизип тон, ӨМИР ҚӘДИРЛИ ... Өтип барар жас келди алпыс ардақ, Бел, аяққа жас минип түсти салмақ, Сонда да отырып болмас қалмақ, ӨМИР ҚӘДИРЛИ ... Әжимлер орын алды бет-жүзиңнен, Кеўиллер күсейди деп күлимлең, Гейде бир толқыйсаң мен булым нем? ӨМИР ҚӘДИРЛИ ... Өмирдиң өзеги  бул - уллы ҳүрмет, Ерисиў жақсылықта болып жүрмек, Жасартар мудамы ойнап, күлмек, Даўамшы перзентлер керек билмек, ӨМИР ҚӘДИРЛИ ... ✍УРИМХАН ТАЖИМУРАТОВА 📚📚📚 Бизден узақласпаң... https://t.me/ibratli_sozler

jigitler_topari_bizin_eldin_qizlari_(mp3pirat.ru).mp32.80 MB

Бундай өсекшил қоңсылар  ҳәр бир көшеде бар екенин билемиз. Оларға не деген болар едиңиз? Каналымызға ағза қосыўды умытпаң !!! https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

Ата анаң өмирдиң қонағы. Өсирер  сағыңды сындырмай, Жүзиңе шаң тозаң қондырмай, Ата ана  пармана болады, Ул қыздың гул жүзин солдырмай. Тус көрсең жақсыға жорыйды, Бахтыңа дарьядай толқыйды, Жуқпағай қазанның күйеси, Жаманнан қызғыштай қорыйды. Ул қыздың уядан ушқаны, Көзиниң жақсылық қушқаны. Қол таза, жол таза болсын дер, Игри жол перзенттиң душпаны. Қаңғалап уяңды сақлайсаң, Кемисин биримлеп тақлайсаң, Қанатың қатпаған сол пайыт , Қол созып бир шалғай жаппайсаң. Бир аллам ҳәмийше яр дейсең, Перзентлер меҳриңе зар дейсең, Бул дүнья тек маған жетпейди Оларда барлығы  бар дейсең,. Анаңнан басқаға  жақпайсаң. Кабам деп жүзине бақпайсаң, Үйиңниң ең қутлы қонағын, Бир күни орнынан таппайсаң. Сарғайып сағынып жойтасан, Ҳәр сөзин қайталап айтасаң, Сыйлай бил қолыңда  барында, Кеш болар басыңды шайқасаң. Байрамда әпериң жаўлығын, Бақлап тур дениниң саўлығын, Тез тезден қыдыртып апарың, Сағынтпай ақлық ҳәм шаўлығын. Меҳриңсиз қалжырап тоңады, Гүл киби шөлиркеп солады, Көшкен соң аҳ шегиў бийпайда, Ата --анаң өмирдиң қонағы. Дүньяда  ким мәңги қалады?!, Толмасын көзиңниң шанағы, Өмирге келтирген ата анаң, Үйиңниң  бес кунлик қонағы. Гулистан   Дәўлетова. Бизден узақласпаң.... https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

Өзгеге шексиз исенип қалыўдан сақлан. Дос деп ҳүрмет етип жүрген адамыңның өзи сени сатып кетиўи мүмкин. Омар Хаййям. Бизден
Өзгеге шексиз исенип қалыўдан сақлан. Дос деп ҳүрмет етип жүрген адамыңның өзи сени сатып кетиўи мүмкин. Омар Хаййям. Бизден узақласпаң..... https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

GULDA'STE QURBANBAEVA + Sirg'ali Qiz 2024.mp310.61 MB

Егер сиз өмириңизде қуўанышқа себеп болатуғын нәрсе қалмады десеңиз қәтелесесиз. Таңды қарсылағаныңыздың өзи-ақ қуўаныўға арз
Егер сиз өмириңизде  қуўанышқа себеп болатуғын нәрсе қалмады десеңиз қәтелесесиз. Таңды қарсылағаныңыздың өзи-ақ қуўаныўға арзырлы себеп емеспе? Қалғанына болса өзиңиз ерисиң. Ассалаўма әлейкум кеўиллери мехир-мухаббатқа, жақсылыққа толы заманласлар! Бүгинги күн сиз ушын өзгеше болып келиўин тилеймен. Нийетлериңиз әмелге ассын. Шаңарағыңызға бағ-дәўлет, мол ырысқы несийбе тилеймен. ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ !!!! Каналымыздан узақласпаң.... https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler