ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 817 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 312,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 445

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 817 名订阅者。

根据 03 七月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -284,过去 24 小时变化为 -14,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 26.56%。内容发布后 24 小时内通常能获得 19.99% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 5 002 次浏览,首日通常累积 3 765 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 43

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 04 七月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 817
订阅者
-1424 小时
-827
-28430
帖子存档
2. Бул Уллы инсан қайсы елдиң шайыры? Сораў: Бул инсанның аты ким? https://t.me/ibratli_sozler
2. Бул  Уллы инсан қайсы елдиң шайыры? Сораў: Бул инсанның аты ким? https://t.me/ibratli_sozler

1. Өз дәўириниң ең зор фильмлериниң бири - "Табиб" киносының жулдызы. Сораў: Бул актрисаның аты ким???
1. Өз дәўириниң ең зор фильмлериниң бири - "Табиб" киносының жулдызы. Сораў: Бул актрисаның аты ким???

photo content

语音消息

Сырдәрьялы ықласбентимиз Бегзаттың қарақалпақ  халқымызға сәлеми! Саў болың Бегзат. 👍👍👍🙏🙏🙏 Каналымыздан узақласпаң.... https://t.me/ibratli_sozler

ӨМИР   ҚӘДИРЛИ Бул өмир жылдырымдай өтип барар, Өткенди салыстырып ҳәрне қарар, Қыйналып бас шайқап ойға талар, ӨМИР ҚӘДИРЛИ... Балалық еслесең мыйық тартып, Ойлайсаң ақлықларды көрип жатып, Ала алмассаң ол күнди қайтып сатып, ӨМИР ҚӘДИРЛИ ... Оқыўшылық дәўириң мол тамаша, Күнделикли билимлерди ал жаңаша, Оқыйсаң дослар менен көп таласа, ӨМИР ҚӘДИРЛИ ... Жаслығың дүркиреди пәрўазланып, Кеўиллер көрмеди ҳеш қулазып, Ойласаң сол сәтте ол бир азық, ӨМИР ҚӘДИРЛИ ... Турмыстың тәшўиши үй болған соң, Кеўил алып, айтысар жақсылық оң, Сол шаңарақ тәшўиши кийгизип тон, ӨМИР ҚӘДИРЛИ ... Өтип барар жас келди алпыс ардақ, Бел, аяққа жас минип түсти салмақ, Сонда да отырып болмас қалмақ, ӨМИР ҚӘДИРЛИ ... Әжимлер орын алды бет-жүзиңнен, Кеўиллер күсейди деп күлимлең, Гейде бир толқыйсаң мен булым нем? ӨМИР ҚӘДИРЛИ ... Өмирдиң өзеги  бул - уллы ҳүрмет, Ерисиў жақсылықта болып жүрмек, Жасартар мудамы ойнап, күлмек, Даўамшы перзентлер керек билмек, ӨМИР ҚӘДИРЛИ ... ✍УРИМХАН ТАЖИМУРАТОВА 📚📚📚 Бизден узақласпаң... https://t.me/ibratli_sozler

jigitler_topari_bizin_eldin_qizlari_(mp3pirat.ru).mp32.80 MB

Бундай өсекшил қоңсылар  ҳәр бир көшеде бар екенин билемиз. Оларға не деген болар едиңиз? Каналымызға ағза қосыўды умытпаң !!! https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

Ата анаң өмирдиң қонағы. Өсирер  сағыңды сындырмай, Жүзиңе шаң тозаң қондырмай, Ата ана  пармана болады, Ул қыздың гул жүзин солдырмай. Тус көрсең жақсыға жорыйды, Бахтыңа дарьядай толқыйды, Жуқпағай қазанның күйеси, Жаманнан қызғыштай қорыйды. Ул қыздың уядан ушқаны, Көзиниң жақсылық қушқаны. Қол таза, жол таза болсын дер, Игри жол перзенттиң душпаны. Қаңғалап уяңды сақлайсаң, Кемисин биримлеп тақлайсаң, Қанатың қатпаған сол пайыт , Қол созып бир шалғай жаппайсаң. Бир аллам ҳәмийше яр дейсең, Перзентлер меҳриңе зар дейсең, Бул дүнья тек маған жетпейди Оларда барлығы  бар дейсең,. Анаңнан басқаға  жақпайсаң. Кабам деп жүзине бақпайсаң, Үйиңниң ең қутлы қонағын, Бир күни орнынан таппайсаң. Сарғайып сағынып жойтасан, Ҳәр сөзин қайталап айтасаң, Сыйлай бил қолыңда  барында, Кеш болар басыңды шайқасаң. Байрамда әпериң жаўлығын, Бақлап тур дениниң саўлығын, Тез тезден қыдыртып апарың, Сағынтпай ақлық ҳәм шаўлығын. Меҳриңсиз қалжырап тоңады, Гүл киби шөлиркеп солады, Көшкен соң аҳ шегиў бийпайда, Ата --анаң өмирдиң қонағы. Дүньяда  ким мәңги қалады?!, Толмасын көзиңниң шанағы, Өмирге келтирген ата анаң, Үйиңниң  бес кунлик қонағы. Гулистан   Дәўлетова. Бизден узақласпаң.... https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

Өзгеге шексиз исенип қалыўдан сақлан. Дос деп ҳүрмет етип жүрген адамыңның өзи сени сатып кетиўи мүмкин. Омар Хаййям. Бизден
Өзгеге шексиз исенип қалыўдан сақлан. Дос деп ҳүрмет етип жүрген адамыңның өзи сени сатып кетиўи мүмкин. Омар Хаййям. Бизден узақласпаң..... https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

GULDA'STE QURBANBAEVA + Sirg'ali Qiz 2024.mp310.61 MB

Егер сиз өмириңизде қуўанышқа себеп болатуғын нәрсе қалмады десеңиз қәтелесесиз. Таңды қарсылағаныңыздың өзи-ақ қуўаныўға арз
Егер сиз өмириңизде  қуўанышқа себеп болатуғын нәрсе қалмады десеңиз қәтелесесиз. Таңды қарсылағаныңыздың өзи-ақ қуўаныўға арзырлы себеп емеспе? Қалғанына болса өзиңиз ерисиң. Ассалаўма әлейкум кеўиллери мехир-мухаббатқа, жақсылыққа толы заманласлар! Бүгинги күн сиз ушын өзгеше болып келиўин тилеймен. Нийетлериңиз әмелге ассын. Шаңарағыңызға бағ-дәўлет, мол ырысқы несийбе тилеймен. ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ !!!! Каналымыздан узақласпаң.... https://t.me/ibratli_sozler https://t.me/ibratli_sozler

Егер көпке ийе болсаң, малыңнан бер. Егер азға ийе болсаң, кеўлиңнен. Румий Ертеңги күн Сизге қуўаныш, әўмет ҳәм мол табыс ал
Егер көпке ийе болсаң, малыңнан бер. Егер азға ийе болсаң, кеўлиңнен. Румий Ертеңги күн Сизге қуўаныш, әўмет ҳәм мол табыс алып келсин. Перзентлериңиз алдыңызда аман болып сизди сүйсиндиретуғын урпақ көбейе берсин! Сиз жақсы көрген ҳәм сизди қәдирлеген инсанлар алдыңызда аман болсын..! Биз бенен бирге болғаныңыз ушын рахмет! ҚАЙЫРЛЫ  ТҮН ҚƏДИРДАНЛАРЫМ! https://t.me/ibratli_sozler

Жаманға айтсаң сырыңды...
Anonymous voting

Адам ғарғаса малыңды алар....
Anonymous voting

Нақылды даўам еттириң. Қыйсық арба жол бузар...
Anonymous voting

АТАМНЫҢ НӘСИЯТЛАРЫ       (ТОЛҒАНЫС) -"Аýылда өсип,сүт сатқанды көрмеп ек, Қарыз бердик,"процент"-деп бермеп ек", Айтар еди Атам бәрҳа бул сөзди, "Бергениңди, миллет етип берме"-деп... Және Атам айтар ;"Мынаý баýырың, Татыý боп өс,көтерис жүк аýырын, Ҳешқашан да туýысқаннан қол үзбе, Таппайсаң бил, одан жақын,тәýирин... Және Атамның тәкирар-тәкирар айтары, "Тик сөйлеме,болғыл балам жайдары", "Тас атқанға,ас ат",болма такаббыр, "Жақсы болсаң, жақсы болар қайтары"... Және Атамның мына сөзи ядымда, "Жаңылыспа балам ҳәр бир адымда", "Өз табағың бил,өзиңе тартылар", "Гөжеңе-қатығың,болсын бабында"... Және айтар,жақсы -жаман парқын да, "Жаман-түнек, сен жарық бол,жарқылда", "Адам қылар қылықты қыл","Байлық,-деп, Кеýил мүлкин алмастырма,алтынға"... "Айтарым көп,балам уқсаң кеýлим тоқ", "Инсан-әзийз,қәдирин бил!,Дүнья-қоқ", "Тири бенде ушын бәри қәдирли, ал, Бил, сиз-бизликтен қымбат нәрсе жоқ"! Және Атам деди,-"Тыңлар қулаққа, Айтарым сол,келдиң оралдың аққа, Ақ сүт берген Ана ҳақы,қоңсы ҳaқы, Саýылған сүтте бар...Ҳақысын-ақла"! "Балам нәсиятым.!   Ядыңда сақла..."! Зулфия Турдымуратова https://t.me/ibratli_sozler

Бир бийгүнә инсанды айыплағаннан көре, тоқсан тоғыз айыпкерди ақлаған мақул. ✍ Ж. Жойс. https://t.me/ibratli_sozler
Бир бийгүнә инсанды айыплағаннан көре, тоқсан тоғыз айыпкерди ақлаған мақул. ✍ Ж. Жойс. https://t.me/ibratli_sozler

АНА ҲӘСИРЕТИ... Кашмирли бир ҳаял төрт перзенттиң анасы. Балаларына бар меҳирин берип, ҳеш кимнен кем етпей тәрбиялайды. Перзентлерине өзи жемей жегизип, өзи киймей кийгизеди.    Төрт перзентине жақсы тәрбия берип, улын уяға, қызын қыяға қондырады. Соң перзентлерин бөлеп мәпелеп өсирген бесикти жағып жибереди.     Әтираптағылар ҳайран болып анадан сорайды; - Неге сиз ушын қәдирли болған бул бесикти өртеп атырсыз?   Ана былай деп жуўап берди; -Ҳәр күни усы бесикке қарап жүрегим езиледи. Себеби, мен усы бесикте перзентлериме ақ сүт берип аймалап,ҳәййиў айтып, шырайлы тәрбия бердим. Оларға әке орынына әке болдым. Жетимлигин билдирмедим. Бирак, олар үлкейген сайын мениң көзлеримдеги қуўаныш нуры сөне баслады. Өйткени, барлық перзентлерим өз хожалығы менен әўере болып, анасын естен шығарды. Мен олардың меҳрине мүтәж екенимди олар билмеди. Ўақыт өткен сайын мени умытты ҳәм хабар алғанды да қойды. Олардың жетимлигин билдирмей кəмалға келтирсем де, олар мени жетим етип таслап кетти.    - Ҳәр күни усы бесикке көзим түскенинде ерксиз көзиме жас келе береди. Соның ушын бул бесикти жағып жибериўди мақул көрдим.😢 Әзизлер бул дүньяда сизге ата-анадай меҳрибан ҳәм сақый инсан жоқ!  Солай екен, оларды барында қәдирине жетейик, меҳир көрсетейик, тез-тез хабар алып жақсы көриўимизди айтып турайық.  Олар қартайған сайын жас баладай кеўли бос жақсы сөзге мүтәж болып қалады. Арзымаған шийрин сөзлериңизди олардан қызғанбаң! Егер усы мағлыўмат жүрегиңизди азғана болса да жибиткен болса биз қуўанышлымыз. Кеўил ханаңызды меҳир-мириўбет сезимлери тәрк етпесин. https://t.me/ibratli_sozler

#ҳикмет    ТУРМЫСЛЫҚ ҲИКМЕТЛЕР       Базыда бахыттың көзине де шаң-тозаң түседи, сондай ўақытта тегис емес, пәс-бийик жоллардан оны жетеклеп алып өтиў керек болады. ─ Егер пулың көп болса қуўанба, аз болса күйинбе, барына қанаат ет. ─ Сорап бир нәрсе алған дәмегөйдиң көзине алған нәрсеси көринеди, бирақ жоғалтқан затын, яғный ҳүрмет-иззетин кетиргенин билмейди. ─ Жаман адамды дүзетип болмайды. Ол минез-қулқын емес, бет-әлпетин өзгертиўи мүмкин. ─ Кемшиликсиз дос излеме, доссыз қаласаң. ─ Бахыт адамға дәўлет береди. Дәўлетти сабырсызға сатады. Сабыр-тақатлыға болса саўға етеди. ─ Өш алғаннан гөре кеширген жақсы. ─ Ҳақыйқатты өзиңнен изле. Таба алмасаң тыныш отыр, өзиңде жоқ нәрсени басқа жерлерден излеп әўере болма. ─ Өзиңизге қаттырақ, басқаларға жумсақ болың. Сонда сиз өзиңизди адамлардың жаман көриўинен сақлаған боласыз. ─ Ҳақыйқый дос шадлы күнлериңде мирәтиң менен келеди, басыңа ис түскенде өзи келеди. ─ Рас сөйлеген еки аяқта, жалған бир аяқта жүреди. Бир аяқ пенен мәнзилге жетип барыў қыйын. ─ Адамларға сыр сақлаўға қарағанда тилинде көмир шоғын услап турыў аңсатырақ. ─ Билим ақыллы адамның мийинде турады, наданның тилинде жүреди. https://t.me/ibratli_sozler