en
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Open in Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Show more

📈 Analytical overview of Telegram channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) in the Kazakh language segment is an active participant. Currently, the community unites 18 864 subscribers, ranking 4 299 in the Religion & Spirituality category and 452 in the Kazakhstan region.

📊 Audience metrics and dynamics

Since its creation on невідомо, the project has demonstrated rapid growth, gathering an audience of 18 864 subscribers.

According to the latest data from 29 June, 2026, the channel demonstrates stable activity. Although there has been a change in the number of participants by -262 over the last 30 days and by -11 over the last 24 hours, overall reach remains high.

  • Verification status: Not verified
  • Engagement rate (ER): The average audience engagement rate is 26.92%. Within the first 24 hours after publication, content typically collects 19.44% reactions from the total number of subscribers.
  • Post reach: On average, each post receives 5 080 views. Within the first day, a publication typically gains 3 669 views.
  • Reactions and interaction: The audience actively supports content: the average number of reactions per post is 46.

📝 Description and content policy

The author describes the resource as a platform for expressing subjective opinions:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Thanks to the high frequency of updates (latest data received on 30 June, 2026), the channel maintains relevance and a high level of publication reach. Analytics show that the audience actively interacts with content, making it an important point of influence in the Religion & Spirituality category.

18 864
Subscribers
-1124 hours
-947 days
-26230 days
Posts Archive
#Қайырлы түн!! Ерте таңда сиз әзизлер менен, топарымыз арқалы аманласыўды несийбемизге жазыўын тилеймиз! 💥 💥 💥 💥 💥 💥 Өм
#Қайырлы түн!! Ерте таңда сиз әзизлер менен, топарымыз арқалы аманласыўды несийбемизге жазыўын тилеймиз! 💥 💥 💥 💥 💥 💥 Өмирде алмастырып болмайтуғын емес, тəкирарланып болмайтуғын инсанлар бар. Хəмийше тəкирарланбас болыўға хəрекет етиң!! https://t.me/ibratli_sozler

#​​Ибрат Алдынлары тойға баратырып пақырлар өксинбесин деп тағыншақларын тақпаған хәм қымбат баҳалы кийимлерди киймейтуғын па
#​​Ибрат Алдынлары тойға баратырып пақырлар өксинбесин деп тағыншақларын тақпаған хәм қымбат баҳалы кийимлерди киймейтуғын пазыйлетли инсанлар болған. Енди болса өзинен басқаны ойламайтуғын, барлық пазыйлетлери қалтасындағы пулдан ибарат болған айырым адамларымыз бар. Бүгин ҳәр той ушын өз алдына кийим тиктирмесе уялатуғын, 15-20 бас кийимди аз деп айтатуғын ҳаялларымыз бар. Бундайларға инсан пазыйлети кийим менен өлшенбейтуғынын ескертиң. Инсаныйлық әмеллер ҳәм пазыйлетлер ким озарға кийиниў, бой жарыстырып имарат салыўда емес, бәлким, ашларды тойдырыў, жалаңашларды кийиндириў екенин түсиндириң. Модаға сарыпланған ҳәр тыйын ушын Аллаҳ алдында есабы, жуўабы бар екенин санаңызға сиңдириң. ✍Аҳмад Лутфи Қазаншы. 📜 "Өгей ана" романынан үзинди https://t.me/ibratli_sozler

-Өзин бахытлы сезиўдиӊ еки жолы бар: ❤️ Бириншиси – өзинде бар нәрсениӊ қәдирине жетиў; 😍 Екиншиси- буннан да жаман күнлер б
-Өзин бахытлы сезиўдиӊ еки жолы бар: ❤️ Бириншиси – өзинде бар нәрсениӊ қәдирине жетиў; 😍 Екиншиси- буннан да жаман күнлер болмағанына қуўаныў -Қайсысына әмел етесиз ?
Пикирлер реакциялар арқалы..
https://t.me/ibratli_sozler

#Сиз_ушын💛 Өзиңе қара, өзиңе! Ҳаслыңа, сөзиңе, нәпсиңе. Өзгени қой. Ким не жеди, не кийди, саған не? Сен өзиңди илим менен,
#Сиз_ушын💛 Өзиңе қара, өзиңе! Ҳаслыңа, сөзиңе, нәпсиңе. Өзгени қой. Ким не жеди, не кийди, саған не? Сен өзиңди илим менен, муҳаббат пенен, мийрим-шәпәәт пенен күтим ет. Әне, сонда ғана шын Инсаныйлық атағына жетесең! https://t.me/ibratli_sozler

Аңладым! Аңладым, өмир қысқа,тез өтеди, Базда қуўаныш,базда муң еди, Жақсылығын аямаған адамлар, Қараңғыда жанып турған шоқ е
Аңладым! Аңладым, өмир қысқа,тез өтеди, Базда қуўаныш,базда муң еди, Жақсылығын аямаған адамлар, Қараңғыда жанып турған шоқ еди. Көп нәрсени мен кеширек аңладым, Ўақыт өтип хақыйқатты тән алдым, Күндиз күлип жүрип сырт көзлерге... Түнлер жалғыз үнсиз ғана жыладым. Ҳәр сынақта болады екен бир ҳикмет, Жығылсаң да қайта турыў керек тек, Алланың сынаўы келген сәтлерде- Жаныма жақынды аңладым текте! ✍Қундызай t.me/Sezim_siri

#тәрбия Шайх Мутәўәлли Шароўийдиң үйлениў қарсаңында турған улына кеңеси: "Балам, бул қыз әкесин, анасын, аға-инисин, апа-сиң
#тәрбия Шайх Мутәўәлли Шароўийдиң үйлениў қарсаңында турған улына кеңеси: "Балам, бул қыз әкесин, анасын, аға-инисин, апа-сиңлисин таслап сен ушын келди. Сен оған күйеў болыўың менен бирге, жоқарыдағылардың ҳәммеси бол", деди. Бул нәсиятқа ҳәмме үйлениў қарсаңында турған жигитлеримиз әмел етип, үйлери бахыт-саадат сарайларына айланыўын Аллаҳ таала несип етсин! https://t.me/ibratli_sozler

#Күн_нақылы Адамның ардақлы адам болмағы, Сөйлеген сөзинен, жүрген жолынан белгили. https://t.me/ibratli_sozler
#Күн_нақылы
Адамның ардақлы адам болмағы, Сөйлеген сөзинен, жүрген жолынан белгили.
https://t.me/ibratli_sozler

#Қарақалпақлардың_қара_үйи_ҳаққында_қысқаша Қара үй ергенектен баслап қурылады. Қара үй ҳәр қыйлы: 6, 8, шенде-шен 12 қанаттан ибарат болыўы мүмкин. Қара үйди бир неше саатта қурып ҳәм жыйнап алыўға болады. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

🌺 Егер биреўдиң тәшўиши сени де тәшўишке салса; - еле пейилиң таза екен. 🌺 Егер өзиңнен басқаларда да гөззаллықты көре алса
🌺 Егер биреўдиң тәшўиши сени де тәшўишке салса; - еле пейилиң таза екен. 🌺 Егер өзиңнен басқаларда да гөззаллықты көре алсаң; - ишки дүньяң гөззал екен. 🌺 Егер дослық байланысларын қорғай алсаң; - сен ушын нурлы жолларда ҳәмийше жолдас табылады. 🌺 Егер өзиңнен басқаларға да жақсылықты қалыс қыла алсаң; - сен опадарлыққа жүдә жақынсаң! https://t.me/ibratli_sozler

<<Шийге салыў>> жумысы--қолының еплилиги бар, шеберлиги, уқыплылығы менен танылған бир ҳаял адамға  тапсырылады. Оны ҳәр ким сала бериўге болмайды, кийиз ала-ғула болып, бир тегис шықпаўы мүмкин. Шийге салыўшы ҳаял  қолы менен барластырып, жүнниң қалың ҳәм жуқалығын сезип отырады. Шийге салыўшы басылатуғын кийиздиң түрине қарап, жүнди қалың ямаса жуқа етип салады. Төсениш кийизлерге қалың, туўырлық, түңлик ушын оннан гөре жуқалаў салыў мүмкин. Жүнди салып болып, бир тегис қайта көрилип шығылады. Буннан соң қайнап турған суўды әкелип кепкирдиң, ямаса шөмиштиң артына қуйыў жолы менен жүнниң үстине бир тегис себелеп шығылады, ыссы суўдың салмағы менен жүн басылып, бир-бирине жабысып биригеди. Суўды сеўип баслағаннан 3-4 адам теңдей ҳәрекет етип, шийдиң бир шетинен қысып орап баслайды. Шийди орап баратырып та үстине қайнаған суў себеленип бара береди. Шийди жақсылап орап болғаннан кейин, таяр арқан менен шийдиң сыртынан қатты етип, бир тегис буўылады. Еки басы, орта тусынан ший арқайын айланып турғандай бослаў етип байлап, арқанның ушын шығарып қояды. Мине, усы арқаннан тартып турып, төрт бес қарыўлы жигит, шийди ары-бери домалатып тебе баслайды. "Кийиз тебиў" басланғаннан соң да тез-тез қайнаған суў қуйып, бир бағытта, соң қарама-қарсы бағытта кийиз әбден қатайғанша тебиледи. Тепки бир тегис тебилип, шала болмаўын шапшы бақлап турады. Кийиз қанша көп тебилсе кийиз сонша нығызланып, қатты болады. Сол ушын да "кийиз тебиў" барысы бул жумыслардың ең шешиўши бөлими. <<Шийден шығарыў>>. Кийизди шийден шығарғаннан соң, және қайнаған суў қуйылып,  бир саат шамасы бастырылып қойылады, бул ўақытта кийиз исинеди. Соң <<билеклеў>> басланады, кийиздиң енине сәйкес 7-8 адам отырып, әри--бери домалатып билеклейди, билеклеп отырған ўақытта да қайнаған суў себиледи. Әбден билекленип, бабына келген кийизди еки үш адам услап турып, көрпеше қаққандай қарпыйды, буны кийиздиң оңынан да, солынан услап, жулқып, серпип ислейди. Қарпыў арқалы кийиздиң шетлери  бир тегис болып шығады. Далаға шығарып жайған ўақытта жабысқан ҳәр түрли шөп, қыл-қыбырдан тазарыўы ушын бир қатар суў қуйып тазалайды, соң күнге кептирип болған соң пайдаланыўға болады. Кийиз басыў жумысы көпшиликтиң күши менен исленеди, бунда ең аз дегенде 7-8 адам қатнасады. Кийиз писиўи жетилиссе беккем, нығыз, қатты болып, түтеленбейди. Бундай сапалы кийизлер жыйнағанда бүклениўи қыйын, "қайрақтай" болып турады. Егер де кийиздиң писиўи жетилиспей былбырап турса, қайтадан қайнаған суў қуйып билекленеди. Кийиздиң жақсы болыўы да, жаман болыўы да шапшының шеберлигине байланыслы. Кийиз басыў барысы қатты машақатлы, аўыр болады, адамнан сабырлылық, шыдамлылықты талап етеди. ✍Shahzoda Allamuratova https//t.me/ibratli_sozler

<<КИЙИЗ БАСЫЎ ҲӘМ ШАПШЫЛЫҚ ӨНЕРИ ҲАҚҚЫНДА>> КИЙИЗ~Түркий тиллес халықлар арасында төсениш сыпатында  қолланылып, кийиз басыў ҳәм кийизден тутыныў буйымларын жасаў өнери ерте дәўирлерден басланған. Сол дәўирлердеги буйымлардың атқарған хызмети ҳәм әҳмийети ҳаққында Марко Полоның, Плано Карлини, Клавиха сыяқлы орта әсир саяхатшыларының мийнетлеринде атап көрсетиледи. Ҳәттеки, бундай буйымлардың қалдықлары әййемги темир дәўирине киретуғын тарийхый естеликлерден археологиялық қазыў жумыслары ўақтында табылған. Кийиз басыў өнери қарақалпақ, қазақ, қырғыз, башқурт ҳәм басқа халықларда ХХ әсирге дейин сақланып келди. Нөкис қаласында қара үй ушын кийиз басыў комбинатының жақын жылларға дейин ислеп турыўы буған дәлийл. Кийиз басыў~халықтың дәстүрли мәдений турмысында раўажланған кийиз ҳәм кийизден исленетуғын буйымлар ушын кийиз ислеў өнери. Кийиз ислеў  төсениш ушын кийиз, текийнемет, қара үйге жабылатуғын кийиз, түңлик, есигине тутылатуғын кийизлер, буйым ретинде жуқа етип басылған кийизден ат жабыўлар, аттың ериниң астына салынатуғын жона ушын сырмақ кийизлер болған.  Ал, кийим ретинде бас кийим ушын қалпаққа арналып басылған тықыр, жуқа кийиз, аяққа кийиў ушын байпақлар ушын басылған кийиз түрлери болып бөлинеди. Қарақалпақ халқының өзине тән өнерлериниң түри көп., солайда, зергерлик, шапшылық, тоқымашылық өнерлериниң орны бөлек. Кийиз басыў жумысларын жақсы меңгерген кәсип ийелери ШАПШЫЛАР деп аталады. Шапшы болып ер адам да, ҳаял адам да ислей береди. Кийиздиң сапалы болыўы усы шапшылардың кәсибий шеберлигине байланыслы. Бул халық арасында кәсип ийелери барлық ўақытта ҳүрмет, абыройға ийе болып келген. Ҳәзирги күнлеримизде шапшылар сийрек ушырасады. Кийиз басыў ушын алдын ала бир қанша таярлықлар көрилген. Қой қырқымы дәўиринде кийиз басыўға ылайықлы жүнлер таңлап бөлек жыйналады. Көбинесе, кийиз басыўға қойдың жабағы жүни таңлап алынған. Жабағы жүн--дегенимиз бәҳәрде қыстан арықлап шыққан қой етейип, денеге жабысқан жүни көтериле баслағанда қырқып алынған қысқы  уйысқан жүни. Гейпара ўақытларда жабағы жүнге гүзем жүн де араластырылыўы мүмкин. Гүзем жүн деп--қойдың жаз бойы өскен, гүзге қарап қырқылатуғын жүнине айтылады. Гүзем жүн ат жабыў, жона, қара үйдиң баў-шуўларын таярлаў ушын тоқыўға арналған жип ислеўде қолланылады. Қырқып алынған жүнди реңлерине қарап:- ақ жүн, қара жүн, қоңыр, қоңыр қызғылт жүн деп бөлип жыйнайды. Ақ жүнлерден ақ кийизлер басылып, арнаўлы сыйлы қонақларға төселеди, отаўларға жабылады,  ямаса бардамлы адамлар көбинесе ақ кийиз етип бастырған. Сондай-ақ, күнделикли турмыста халық көпшилигине қара, қоңыр кийизлер тийисли болған. Жүнлер усылайынша бөлеклерге бөлинип болғаннан соң, олар түтип таярланады. Ол бир адамның қолынан келе бермейди, сол ушын гейде "жүн түтисиўге" көмек айтып, көптиң жәрдеминде ислеген. Егерде кийизге нағыс салыў нәзерде тутылса, арнаўлы қазанға суў қуйылып, ақ, сары, жасыл, қызыл реңли жүн бояўларды салып, қайнатып боялады. Буннан кейин түтилген жүнлерди "сабаў" арнаўлы қызыл жыңғылдан жонып исленген сабаў таяқшалар менен әмелге асырылады. Жүн ямаса пахта сабаўдың да өзине тән усыллары болып, шеберликти талап етеди. Сабаў менен уйысқан жүн жаздырылып, үлпилдеген ҳалға келеди, ишиндеги бирең-саран шөп-шар қалдықларынан тазарады. Жүнди белгили мөлшерде арнаўлы жайыўшаға салып, шашыраған шетин жыйнастырып отырып сабап, соң таяр болған ўақытта бүклеп орап бир шетке жыйнап қояды. Буны "бир сабам жүн"--деп атайды. Солайынша кийиз ушын керекли жүнди сабап алады. Кийиз басыў ушын керекли ший, арқанлар, қайнаған суў таяр болғанда "шапшының" басшылығы менен шийдиң үстине жүнди салып баслайды. Егерде кийизге нағыс салыў керек болса, боялған таяр жүнлерди әкелип, шийдиң үстине нағыс салынады. Кийиз басыўда көбинесе нағыстың <<Қос мүйиз>>, <<Тоқалақ мүйиз>>,  <<Қой мүйизи>> сыяқлы түрлери салынады. Басқа да нағыс түрлерин усы нағысларды безеў ушын қолланылыўы мүмкин.Аталған бул нағыслардың мағанасын бир ўақытлары Россия алымы Шкайдер <<Өмир тиреги>> деп атаған еди. Салынған нағыслар үстине таяр турған жүнлер салынады. Буны кийиз басыў барысында <<Шийге салыў>> деп атайды.

ИСКЕНДЕРДИӉ ДЕ АЙТҚАНЫ БОЛМАҒАН Рәўият Дүньяныӊ бәрин жаўлап алған Искендер Зулхарнайын қазаланарыныӊ алдында туўған-туўысқан, жақынларына: —Мен өлсем тәнимди ҳеш адам бендеси аяғы тиймеген таза жерге қойыӊ. Анам келип үш мәрте бақырғанда орнымнан тураман, — деп ўәсият ҳәм ҳәмир еткен қусайды. Сөйтип сол жерди өзи де бармай турып силтеп көрсетипти. Өлмейтуғын бенде жоқ. Тақаны таўсылып, ол өлгеннен соӊ изинде қалғанлар марҳумныӊ айтқан қула дүзине-ҳеш ким изеп баспаған жерине жерлепти. Бир жылдан соӊ анасы әўлийесин зорға излеп таўып келип: —Искендер! Искендер! Искендер! — деп бақырған екен, жүзлеген өлилер жер астынан өрре шығып Ананыӊ алдында тикке турғанбыш. —Сизлер кимсизлер? — деп сорапты. —Искендерлермиз, — депти олардыӊ бәри бир аўыздан. —Сизлердиӊ тынышыӊызды алғанымнан кеширим сорайман. Мен балам — Искендерди шақырып едим,-депти Ана оларға бирме-бир қарап шығып, өзиниӊ баласын танып, оған тип-тик қарап турыпты. Буннан соӊ Искендер Зулхарнайыннан басқа Искендерлер сол заматы — бир демде жер астына кирип, көзден ғайып болыпты. —Барлық айтқаным болып еди... — деп бир өзиниӊ бир жерде-әўлийеде жатпағанынан, көптиӊ бири болып кеткенинен назырқаныпты, өли Искендер Зулхарнайын. —Мениӊ де бир айтқаным болмапты. —Аўа, шырағым. Әлемнен сеннен бурын да талай Искендерлер өткенин, ҳеш қайсысыныӊ да бул дүньяға тутқа бола алмағанын, олардыӊ да айырым дегени болмағанын айтқанымда исенбеп едиӊ. Енди көзиӊ жетти ме? — депти Анасы. ✍А. Әбдиев https://t.me/ibratli_sozler

МҮРИЎБЕТЛИК КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН! Дийдар шийрин-шадлық  сыймай ханаңа,. Бундай Ҳайттан қуўанбасаң болама?! Шадлық сыйлап ғарры,жас ҳәм балаға, Келген ҳайт байрамы мүбәрек болсын! Мүриўбеттиң кеңнен ашып есигин, Баслаўшысы болып ийман көшиниң. Сыйлаўшысы болып ҳайтлық гөшиниң, Кеўилиң сақыйлық нурына толсын! Зияратлап әзиз ата-анаңды, Туўысқаның менен дос ҳәм яранды. Қолға алып баба мийрас Қуранды, Кеўиллер ийманның нурына толсын! Бул бес күнлик дүнья кимлерден қалмас, Мың қуўсаң бул ялған бир сая салмас. Жасаған өмириң бир күнше болмас, Сонлықтан ислериң жақсылық болсын! Мүриўбетлик турсын мудам есиңде, Қайыр етип мүтәж жетим-жесирге. Ырза болсын ата-анаң өсирген, Туўысқан да сеннен күш алар болсын! Көкти тиреп турсадағы мәнсабың, Не мәп көптиң тойдырмасаң қурсағын?! Қурбан ҳайтта сая болсын инсабың, Халқыңа сый етер саўабың болсын! Нешше әсир өтседағы арадан, Ҳайт байрамы мийрас ата-бабадан. Елим тыныш,халқыма бақ қараған, Сақаўатлық тойы мүбәрек болсын! Кетсин кеўиллерден гирбиң,ғубарлар, Сыр шертиссин мың әсирлик шынарлар. Халқым сәўбет қурсын шығып қумардан, Аўызбирлик пенен ортасы толсын, Мүриўбетлик күни мүбәрек болсын! Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА 27 май,2026 жыл. https://t.me/gulnara_nurlepesova https://t.me/ibratli_sozler

Туӯылған жер Машинасын сатты гаражы менен, Баӯ-бақшасын сатты қорасы менен. Жайын сатар ӯакта әкеси бирақ, Ойласты генжетай б
Туӯылған жер         Машинасын сатты гаражы менен,        Баӯ-бақшасын сатты қорасы менен.        Жайын сатар ӯакта әкеси бирақ,        Ойласты генжетай баласы менен.          Әкеси:- Дузлы суӯ ишпейик,-деди        Баласы:-Тусиндир мәнисин,-деди.        Әкеси:-Ден саӯлык керек ғой,десе,        Баласы:-Үмитти үзбейик,-деди.         Әкеси:-Барлығы да сен ушын,-деди       Баласы:-Түсиндир мәнисин,-деди.       Әкеси:-Ден саӯлык керек ғой,-десе,        Баласы:-Ғам жеме мен ушын,-деди.           Әкеси:-Шан жутып өспейик,-деди,         Баласы:-Биз булай шешпейик,-деди.         … Сол ӯакта шарбакта ийт үрди…Олар:         … Қоңсылар көшпесе, көшпейик, -деди… ✍Толыбай  Қабулов https://t.me/ibratli_sozler

#Даналық гәп Адам—сақпан тасы. Ертең түуе, бир сааттан соң қайда болатуғынын анық билмейди. ✍Алланазар Әбдиев https://t.me/ib
#Даналық гәп Адам—сақпан тасы. Ертең түуе, бир сааттан соң қайда болатуғынын анық билмейди. ✍Алланазар Әбдиев https://t.me/ibratli_sozler

2_5199507874056765948.mp33.18 MB

Түниңиз Қайырлы болсын! Көрген түсиңиз әжайып болсын. Қызықлы түс болса оңынан келсин. Тыныш уйықлап, түн тынышлығын берип, т
Түниңиз Қайырлы болсын! Көрген түсиңиз әжайып болсын. Қызықлы түс болса оңынан келсин. Тыныш уйықлап, түн тынышлығын берип, таңда саў-саламат турғайсыз . Қайырлы түн Әзизлерим! https://t.me/ibratli_sozler