<<КИЙИЗ БАСЫЎ ҲӘМ ШАПШЫЛЫҚ ӨНЕРИ ҲАҚҚЫНДА>>
КИЙИЗ~Түркий тиллес халықлар арасында төсениш сыпатында қолланылып, кийиз басыў ҳәм кийизден тутыныў буйымларын жасаў өнери ерте дәўирлерден басланған. Сол дәўирлердеги буйымлардың атқарған хызмети ҳәм әҳмийети ҳаққында Марко Полоның, Плано Карлини, Клавиха сыяқлы орта әсир саяхатшыларының мийнетлеринде атап көрсетиледи. Ҳәттеки, бундай буйымлардың қалдықлары әййемги темир дәўирине киретуғын тарийхый естеликлерден археологиялық қазыў жумыслары ўақтында табылған.
Кийиз басыў өнери қарақалпақ, қазақ, қырғыз, башқурт ҳәм басқа халықларда ХХ әсирге дейин сақланып келди.
Нөкис қаласында қара үй ушын кийиз басыў комбинатының жақын жылларға дейин ислеп турыўы буған дәлийл.
Кийиз басыў~халықтың дәстүрли мәдений турмысында раўажланған кийиз ҳәм кийизден исленетуғын буйымлар ушын кийиз ислеў өнери. Кийиз ислеў төсениш ушын кийиз, текийнемет, қара үйге жабылатуғын кийиз, түңлик, есигине тутылатуғын кийизлер, буйым ретинде жуқа етип басылған кийизден ат жабыўлар, аттың ериниң астына салынатуғын жона ушын сырмақ кийизлер болған. Ал, кийим ретинде бас кийим ушын қалпаққа арналып басылған тықыр, жуқа кийиз, аяққа кийиў ушын байпақлар ушын басылған кийиз түрлери болып бөлинеди.
Қарақалпақ халқының өзине тән өнерлериниң түри көп., солайда, зергерлик, шапшылық, тоқымашылық өнерлериниң орны бөлек. Кийиз басыў жумысларын жақсы меңгерген кәсип ийелери ШАПШЫЛАР деп аталады. Шапшы болып ер адам да, ҳаял адам да ислей береди. Кийиздиң сапалы болыўы усы шапшылардың кәсибий шеберлигине байланыслы. Бул халық арасында кәсип ийелери барлық ўақытта ҳүрмет, абыройға ийе болып келген. Ҳәзирги күнлеримизде шапшылар сийрек ушырасады.
Кийиз басыў ушын алдын ала бир қанша таярлықлар көрилген. Қой қырқымы дәўиринде кийиз басыўға ылайықлы жүнлер таңлап бөлек жыйналады. Көбинесе, кийиз басыўға қойдың жабағы жүни таңлап алынған. Жабағы жүн--дегенимиз бәҳәрде қыстан арықлап шыққан қой етейип, денеге жабысқан жүни көтериле баслағанда қырқып алынған қысқы уйысқан жүни.
Гейпара ўақытларда жабағы жүнге гүзем жүн де араластырылыўы мүмкин. Гүзем жүн деп--қойдың жаз бойы өскен, гүзге қарап қырқылатуғын жүнине айтылады. Гүзем жүн ат жабыў, жона, қара үйдиң баў-шуўларын таярлаў ушын тоқыўға арналған жип ислеўде қолланылады.
Қырқып алынған жүнди реңлерине қарап:- ақ жүн, қара жүн, қоңыр, қоңыр қызғылт жүн деп бөлип жыйнайды.
Ақ жүнлерден ақ кийизлер басылып, арнаўлы сыйлы қонақларға төселеди, отаўларға жабылады, ямаса бардамлы адамлар көбинесе ақ кийиз етип бастырған. Сондай-ақ, күнделикли турмыста халық көпшилигине қара, қоңыр кийизлер тийисли болған.
Жүнлер усылайынша бөлеклерге бөлинип болғаннан соң, олар түтип таярланады. Ол бир адамның қолынан келе бермейди, сол ушын гейде "жүн түтисиўге" көмек айтып, көптиң жәрдеминде ислеген.
Егерде кийизге нағыс салыў нәзерде тутылса, арнаўлы қазанға суў қуйылып, ақ, сары, жасыл, қызыл реңли жүн бояўларды салып, қайнатып боялады.
Буннан кейин түтилген жүнлерди "сабаў" арнаўлы қызыл жыңғылдан жонып исленген сабаў таяқшалар менен әмелге асырылады. Жүн ямаса пахта сабаўдың да өзине тән усыллары болып, шеберликти талап етеди. Сабаў менен уйысқан жүн жаздырылып, үлпилдеген ҳалға келеди, ишиндеги бирең-саран шөп-шар қалдықларынан тазарады. Жүнди белгили мөлшерде арнаўлы жайыўшаға салып, шашыраған шетин жыйнастырып отырып сабап, соң таяр болған ўақытта бүклеп орап бир шетке жыйнап қояды. Буны "бир сабам жүн"--деп атайды. Солайынша кийиз ушын керекли жүнди сабап алады.
Кийиз басыў ушын керекли ший, арқанлар, қайнаған суў таяр болғанда "шапшының" басшылығы менен шийдиң үстине жүнди салып баслайды. Егерде кийизге нағыс салыў керек болса, боялған таяр жүнлерди әкелип, шийдиң үстине нағыс салынады.
Кийиз басыўда көбинесе нағыстың <<Қос мүйиз>>, <<Тоқалақ мүйиз>>, <<Қой мүйизи>> сыяқлы түрлери салынады. Басқа да нағыс түрлерин усы нағысларды безеў ушын қолланылыўы мүмкин.Аталған бул нағыслардың мағанасын бир ўақытлары Россия алымы Шкайдер <<Өмир тиреги>> деп атаған еди. Салынған нағыслар үстине таяр турған жүнлер салынады. Буны кийиз басыў барысында <<Шийге салыў>> деп атайды.