en
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Open in Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Show more

📈 Analytical overview of Telegram channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) in the Kazakh language segment is an active participant. Currently, the community unites 18 785 subscribers, ranking 4 324 in the Religion & Spirituality category and 447 in the Kazakhstan region.

📊 Audience metrics and dynamics

Since its creation on невідомо, the project has demonstrated rapid growth, gathering an audience of 18 785 subscribers.

According to the latest data from 10 July, 2026, the channel demonstrates stable activity. Although there has been a change in the number of participants by -272 over the last 30 days and by -14 over the last 24 hours, overall reach remains high.

  • Verification status: Not verified
  • Engagement rate (ER): The average audience engagement rate is 28.31%. Within the first 24 hours after publication, content typically collects 20.04% reactions from the total number of subscribers.
  • Post reach: On average, each post receives 5 319 views. Within the first day, a publication typically gains 3 764 views.
  • Reactions and interaction: The audience actively supports content: the average number of reactions per post is 44.

📝 Description and content policy

The author describes the resource as a platform for expressing subjective opinions:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Thanks to the high frequency of updates (latest data received on 11 July, 2026), the channel maintains relevance and a high level of publication reach. Analytics show that the audience actively interacts with content, making it an important point of influence in the Religion & Spirituality category.

18 785
Subscribers
-1424 hours
-447 days
-27230 days
Posts Archive
Меҳрибан ҚАБУЛОВА, Педагогика илимлери бойынша философия докторы ҚЫЗЫМА Аппақ қызым, палапаным, Шадлығымсаң көңилде. Бәҳәримн
Меҳрибан ҚАБУЛОВА, Педагогика илимлери бойынша философия докторы ҚЫЗЫМА Аппақ қызым, палапаным, Шадлығымсаң көңилде. Бәҳәримниң алтын таңын, Алып келдиң өмирге. Сен туўылған күни дала, Лала гүлдей доланды. Сен бахытқа бөлеп жаңа, Қуўандырдың анаңды! Қатар өскен қара таллар, Тербетилсе бесиктей, Сен де өтип айлар, жыллар, Ержетесең кешикпей. Суп-сулыў жүзлериң сениң, Жаңа туўған айға усар, Болмаса да жүзде меңиң, Көргенлердиң ақлын тусар. Бүгин шашларың әнўары, Аңқытар хош ийисти. Ҳүсниңде не болса, бәри, Тек өзиңе тийисли! 21.01.2026. АНА МУҢЫ Қашан балам келер екен, Анажанын көриўге? Анда-санда болсадағы, Келип сәлем бериўге? Жолға қарап күтемен мен, Балларымды сағынып. Келсе басарман баўрыма, Сағыныштан аҳ урып. Барған гезде үйлерине, Жайнап-жаснап қаламан. Суп-сулыў ақлықларымнан, Зор күш-қуўат аламан. Керек емес маған ҳасла, Ҳеш бириниң саўғасы. Болмаса дермен тек те, Басларында ғаўғасы. Бул алдамшы дүнья - елес, Ялғаншыдан ҳәмме өтер. Анаңыз да мәңги емес, Бир күн ол да өтә кетер. 21.01.2026.

Ассалаума əлейкум заманласлар! Қарақалпақстан халық шайыры, марҳум Толыбай Қабулов мениң қосықларыма "Әмиўдәрья" журналында алғы сөз жазып, "тусаўымды"кескен қәдирдан устазым болып табылады. Қараөзек районының "Қара буға" деген қарапайым аўылында туўылып өскен. Бул инсанның өмирлик жолдасы, Өзбекстан халық муғаллими Рысгүл апа Уснатдинова да халық ардағындағы ибратлы инсан. Бүгинги күнде Толыбай ағамыздың еки перзенти - Меҳрибан менен Муяссар әкесиниң жолын" қуўған ҳалда бири поэзияда, бири прозада қәлем тербетип атыр. Усы жерде соны да айтып өтиўим тийис. Меҳрибан ҳәм әкеси, ҳәм анасы жолын даўам еттирип атыр. Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалында ислейди. Кафедра баслығы. Педагогика илимлери бойынша философия докторы илимий дәрежесине ийе илимпаз. Ол өзиниң дөретиўшилик жолын балаларға арналған қосықлары менен баслаған. Қосықлары дүньяның көплеген тиллерине аўдарылған. Бир неше қосықлар топламларының авторы. Жүдә кемтарын қыз. Мен марҳум халық шайырының шәкирти сыпатында Меҳрибанның еки қосығын дыққатыңызға усыныўды мақул көрдим. Оразбай СӘТБАЕВ https://t.me/ibratli_sozler

ШАШ ЖАЙЫЎ МОДА МА?      Мен Нөкиске   қызымның үйине ақлығымның туўылған күнине барып едим. Ақлықларымның өтиниши бойынша қонып қайттым. Қайтарсын Шымбайға  жүретуғын газел  тур екен. Дәрриў минип алдым. Минсем,   алдыңғы қатардағы артқы орынға  қарсы қарап отыратуғын үш орынлық қалған екен. Биреўине отырып алдым.      Ҳәмме адамларға қарсы қарап отыратуғын болған соң, көзимдеги қуяшқа тағатуғын очкийимди шешкеним жоқ. Артта бир орын мениң қасымда еки орын қалған екен. Арттағы қарсы алдымда отырған орынлықлардағы адамларға бир нәзер салдым. Танысларым барма екен деп, бир шолып өттим. Арадан азмаз ўақыт өтип, бирден үш адам келеғойды.  Соның арасында газел қозғалып жүре баслады. Шымбайға бараман дегенше бир саатлық жол, қасымда сөзге тартатуғында адам жоқ екен. Сөз - жолды қысқартады дейтуғын еди. Солай етип, арттағы адамларға нәзер салып отырсам, бир қызға көзим түсип кетти. Орта бойлыдан келген көзинде ақ очкийи бар, нәзик шырайлы қыз екен. Шашын жайып қойған екен. Мен дәслеп шашы ийнине түсип турған шығар десем, жоқ шашы белинен асыңқырап тур. Анықлап, қайта- қайта қарай бериппен. Көзимде очки болғаны да жақсы болды, кимге қарап отырғаным билинбейди. Ҳаў  деп,  өзимнен - өзим ҳайран қалып, ойланып отырдым. Шашы белинен түсип турса оны әнедей етип, өрип қой. Дым болмаса буўып қой. Ҳаўа райы да бүгинлери жыллы, түске қарай ысыңқырап кетеди. Терлемей ме екен деп, ишимнен сөйленип отырман. Қасымда оң қапталымда  бир жигит шеп қапталымда меннен бес-алты жас үлкенлеў апай отыр. Қарсы алдымда отырған ҳаялларға да айтайын деп турып, қой өсек болып кетер. Өзим биреўдиң сыртынан айтқанды қәлемеймен.      Бул қыздың бир өзи емес, нешше  бир жас қызлар шашын жайып жүреди. Бурынлары жас үлкен апалар,  "шашыңызды жыйнап жүриң жайып жүрген жаман болады Өмирлик жолдасынан  айрылған ҳаяллар шашын жайып отыратуғын еди," деп, айтар еди. Өзимиздиң  қызлар ҳеш шашын жаймай-ақ  өсип  еди. Енди ҳәр заманға бир заман деп айтыўға туўры келип тур.  Бирақ, мениңше, заманның сол турысы. Адамлар өзгерип баратыр. Ҳәмме емес, базыбир адамлар демекшимен.     Үйдеги кишкене ақлық қызларымызға  шашыңызды жыйнаң, көзиңе түседи, я аўзыңа киреди. Жақсылап, буўып қойың, болмаса шашыңды алдырып таслайман десем,  дәрриў шашларын буўып, "яқ, апа, шашымызды буўып жүремиз алдырмаса," деп жыламсырайды.       Енди мына үп- үлкен қызларға не болған? Ямаса, шаш жайып жүриў мода ма?  Сизлер буған қалай қарайсыз? ✍  Гулбахар Қарабаева https://t.me/ibratli_sozler

DALIBAY MAMBETMURATOV TUMARIS 2.mp37.19 MB

ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ЗАМАНЛАСЛАР ! Заманласлар, қатарласлар, Сизсиз мениң күним жок. Кеше бирге жүрген дослар, Биразымыз бүгин жоқ, Би
ҚАЙЫРЛЫ ТҮН ЗАМАНЛАСЛАР ! Заманласлар, қатарласлар, Сизсиз мениң күним жок. Кеше бирге жүрген дослар, Биразымыз бүгин жоқ, Бир-биреўди, ўай, сағынып, Излер едик бир тынбай. Енди бәри Байсарының Көшип кеткен журтындай. Заман бизди ержеткизип, Алдымызға ат тартты. Кимге қәлем тербеткизип, Кимге ҳәмел атқартты. И.Юсупов Хəрқандай жағдайда да жақынларымыз жанынан узақласпай,тууысқаншылық жибин (силаи-рəхимди) беккемлейик əзийзлер ! Түниңиз тыныш, уйқыңыз пүтин болсын əзийзлер ! https://t.me/ibratli_sozler

"КӨРПЕҢЕ ҚАРАП АЯҚ СОЗ" ✳ Турақлы сөз дизбеги.
Anonymous voting

"ҚАБАҒЫН ҚЫРАЎ ШАЛЫЎ"
Anonymous voting

"КИРПИК ҚАҚПАЎ"
Anonymous voting

"ҚАНЫ ҚАЙНАЎ"
Anonymous voting

Садағаң, кетейин ол ўақтағы "армия" нағыз армия едиғо. Әскерий хызметке кеткенлер, армиядағы әскерий тәртипти, басқа журтларды, өзге халықлардың турмыс тәризин көрип, писип, қатайып, муртлары тәп берип, кешеги жүрген өспирим, нағыз ел қорғайтуғын, қызлардың көзиниң отын алып, келсең кел деп турған, нағыз ғошшақ жигит болып елге оралатуғын едиғой. Әне сөйтип Сабыр иним айралық басланды. Елге, ата-анаға, сәўер ярға деген сағынышты тәрийиплеўге мына тилим әззи. Сағыныш толы хат жазыспақлар, сүўрет алыспақлар... "Өлмеген адамға демде" дегендей, көзди ашып жумғанша еки жыл да өтип кетти. Бирақ мына сағыныш яман нәрсе екен, еки жыллық дәўир мәңгиликтей болып кетти. Усы жеңгеңнен келген хатларының айырым жерлери дағалланып келетуғын еди, жылап отырып жазады екен дә хатларын, әне саған "Сангам", керек болса. Қулласы сөйтип армиядан келип баяғы бахытлы күнлеримиз қайта басланды. Олар енди еки курс жоқары оқыйды бизлерден, тәнеписте оқыўдан соң келисип аламыз ушырасатуғын жеримизди, сөйтип күнде бирге қайтамыз оқўдан, тап бул дүньяда екеўимизден басқа адам жоқтай (басқаларды көзимиз көрмейди). Сондай, мухаббат деген сезимниң татлы демлерин татып өткердик студентлик алтын дәўирде. Ўақты сааты келип үйлендим. Ата-анам қарызланып қәўерленип дегендей тойымыз да өтти. Екеўимиз де бахытлымыз. Мен еле студентпен, Гүлмийра оқыўын питкерип үйимизге алыс емес мектепке муғәллим болып орналасты. Алдымызға қойған мәқсетлеримиз жетегинде күнлер өтип атыр. Бир жыл изде қалып уллы болдық, үлкен қуўаныш. Әкем пақыр қолынан түсирмейди ақлығын, сәл босаса көтерип, я болмаса коляскаға салып көшеге шығып айланып қайтады, ермеги ақлығы, оған бизлер сүйсинемиз, Аллаға шүкиршилигимиз мол. Күнлердиң биринде анам тәрепинен Гүлмийраға қысым басланды. Отырса опақ, турса сопақ, қылған ислеринен кемис табылғыш... Қулласы басыңды аўыртып не қылайын, Гүлмийра жайнап турған гүлдиң солғанындай солып баслады. Бирақ қанша бақырса да, кемситсе де, мүжий берсе де анама иллә деп аўзын ашпады, лекин күннен күнге солып атыр. Мениң де берекетим қашты. Әкемнен үмит еттим, бул жағдайды сапластырар деп, оннан да үн жоқ, билмеймен сезбейме, я сезседе солай болыў керекпе, қулласы тым тырыс. Анам менен оңашада сөйлесип көрсембекен деп оқталаман, әй яқ батылым бармайды, оған қалай мыңғырлап отыраман, анам ғой ақыры. Гүлмийра болса тисин тисине қойып шыдап жүр, баяғы шырай, баяғы өмирге деген талпыныс, баяғы шадлы күлкилер, баяғы жағымлы назлар, мисли шымшықтай пыр етип ушып кетти... Даўамы бар... https://t.me/ibratli_sozler

#Гүрриң 📖 АТАЛАР СӨЗИ... Қәдирбай аға менен республикалық емлеўхананың пульмонология бөлиминде бир палатада жатып танысып қалдым. Жасы алпысты қаўсырса да еле жас жигиттей ҳәрекетлери шаққан, сөз аўзы дүзиў, қәтқудалығы басым яшуллы. Ҳәзил дәлкекти де шеп көрмейди, бирақ шеннен шықпайтуғын бир дуупияз яшулкен. Палатада бес адамбыз, ана үшеўи жас баллар, әңгиме сөз бенен онша иси жоқ. Қәдирбай аға менен дәслепки күннен ақ әлпимиз алысып кетти, емлерди алып болып китап оқыймыз, "әңгиме дукәнын" қурамыз. Еки ул, бир қызды кәмәлға келтирип, енди ғаррылықтың гәштин сүрип баслаған. Мениң ҳәўесимди келтирип, сүйсиндирген бир жағдай кемпири (кемпири дейберейиктә енди, болмаса өлемәтә кемпир болып баратырған жағдайы жоқ, еле бетиниң қызылы кете қоймаған, шеннен тыс кетпеген азы-кем пардозы, кийген кийимлери өзине қуп жарасып тур) ҳәр күни тап түсликтен алдын ыссы аўқаты ҳәм азық-түлиги менен тайын турады. Ағама түслигин таярлап дым үндемей шығып сыртта күтип отырады. Қәдирбай аға да түслигин жеп болып сыртта теректиң жанындағы отырғышта күтип отырған кемпириниң жанына барып, бир саат десем лап болар, ярым саат, қырқ минутлар шамасы сөйлесип отырып қайтады. Күндеги аўҳал сол. Бул жағдайға сүйсинип ҳәм ҳәўесим келип ҳәзил дәлкек аралас сөз тасладым: - Ал аға Ләйлиң менен бүгинги "свиданиең" қалай өтти, зор болдыма? Қәдирбай аға жағымлы мыйық тартыўы менен - Әлбетте, гәп болыўы мүмкин емес, буннан 37 жыл алдын басланған "свидание" ақыры, бул. – Ҳей, ағамай, молодец әй, қайыл қалдым, айтпақшы усы кемпириңди алып қаштыңба, я айттырып алдыңызба?. - Ол дәўирлерде айттырып алыў шенде-шен еди, алып қаштықғой қосшым. - Аға, усы күнде әжик-гүжик қумырыдай журқылдасыўыңа қарағанда ўақтында "Сангам" болғансызғой шамасы. - Бизлер де жас болғанбыз дегендей болдыққой қосшым. - Қалай таныстыңыз? - 1 - курста бирге оқыдық, соннан биргемиз. - Ҳеш урыспаған шығарсыз я? - Бул турмыс деген иним, майда-шүйде келиспеўшиликсиз болмайды, бирақ Аллаға шүкир шынтлап бир-биреўге көз алартып, бет жыртыспаққа бармадық, бирақ айрылысып кетиўге сәл қалған бир жағдай өтти басымыздан. -Әй, яға бир-бириңизге мына емешеңиз қатыўы болса... ҳаў кепсерленгенсизғой бир-бириңизге, аал ол не жағдай айтып берсе аға? - Бул бир ҳәмме ибрат алыўға арзыйтуғын ўақыяғой, - деп әңгимесин баслады. - Гүлмийраға мухаббатым бирден оянған жоқ. Топарымыздың көп қатарлы бир қызы, бирақ басқаларға қарағанда шоқ, бәрқулла күлип зор кейпиятта жүретуғын еди. Алып-ушып баратырған шырайы да айтарлықтай емес, бирақ бирнәрсе сорасаң күлимлеп шын-кеўилден жуўап бериўлери, тазалығы, өзине шеннен шықпай қарап пардозланыўы, кеўиллиги менен топарымыздың барлық жигитлерине унар еди. 1- курспыз, сентябрде бир ай оқыдық да, пахта жыйын теримине көмекке кеттик. Көп сөз ешекке жүк дегендей азанлы-кеш пахта атызы, студентлик алтын дәўир дегендей екеўимиздиң мүнәсибетимиз қалың дослыққа айланды. Пахтадан келгенсоң бул дослық, пәк мухаббатқа айланып бир-биримизди көрмесек тура алмастай дәрежеге жеттик. Көзди ашып-жумғанша бир жыл өтип, 1-курсты мүддетинен бурын (экстренный) имтиханларды тапсырып ер-жигитлер әскерий хызметке кеттик.

БЕЛГИЛИ МҮСИНШИ ДƏРИБАЙ ТӘЖИМУРАТОВ ҲАҚҚЫНДА. {Журналист Б.Сапаровтың еске түсириӳинен} Дәрибай Тәжимуратов балалығынан-ақ, сүӱрет салыӱдан басқа нәрсени ойламайтуғын әдетти шығарды. Әкеси гербиш өриӱши-қурылысшы еди. Баласы Дәрибайдыӊ сүӱрет салыӱға ықласлы екенлигин билген ол есабын таӱып ӽәр қыйлы түр қәлем, өширгиш, сүӱрет салыӱ ушын альбом әкелип беретуғын болды. Дәрибай баслаӱыш класста оқып жүрген күнлеринде ертек китаплардағы сүӱретлерге қарап салатуғын едим, дейди ол. Мектептиӊ жәмийетлик жумысларына белсене қатнасып, дийӱалы газеталарды кәмине келтирип, нығышлап шығарар еди. Мектепти питкеретуғын жылы Самарқандағы Архитектура институтына талантлы жасларды сайлап алыӱ бойынша жарыс болды. Нәтийжеси жақсы болып, Архитекруа институтына оқыӱға кирди. Бирақ, үшинши курстан баслап оқыӱдыӊ бағдары қурылысқа жайды қалай салыӱға, қарай өзгерип кетти. Ол оқыӱдан қол үзип, 1978-жыллары Үргуттаӱлары бетке шығынып кетеди. Таӱдыӊ етегиндеги аӱылларда қарақалпақшалап бас ораған, жаӱлықлары паӊқыйған кемпирлерди көреди. Олар сүӱретши бала келди, деп қуӱанысып қалады. Сорастырып қараса, руӱыныӊ қоӊырат екенлигин айтады. Дәрибай балалығынан-ақ мүсин соғыӱды баслайды. Салған ӽәм соққанларын жыйнастырып, биринши мәрте Нөкистеги көргизбеге қатнасады. Сынақтан өткеннен соӊ, оны Ташкентте болатуғын сүӱретшилердиӊ көргизбесине жибереди. Ол жерде сүӱретлеринен сайлап алып, Ташкент мәмлекетлик музейи, Русская музейине тапсырды. Көп узамай Каттақорғанда болып өткен Киев, Чита, Хабаровск, Санкть-Петербург, Самарқанд ӽәм Ташкенттен келген художниклер жарысында мрамордан қара3алпақ қызыныӊ мүсинин соғып, биринши орынды алады. Ал, өзимиздиӊ Шымбайда болса, Дийқан базарыныӊ ишине барельеф иследи. «Ыссы булақ» санаториясыныӊ ишин безеди. Шымбай мийманханасыныӊ ишине ата-бабамыздыӊ қус салыӱ дәстүрин еслететуғын сүӱрет салды. Сондай-ақ, Қараөзектеги ӽәкимият жайыныӊ алдына урысқа кеткен баласыныӊ жолына қараған қарақалпақ кемпириниӊ мүсинин тиклеп берди. Бул бойынша сол уақыттағы район ӽәкиминиӊ қурылыс ислери бойынша орынбасары Зайыт Ӽәбийповқа барады. Ол сол уақыттағы Шымбай районы ӽәкими Муӱса Ерниязовтыӊ кабинетине алып барады. Аман-есенлик сорасқаннан соӊ, жумыстыӊ жөнин айтады. Эскизлерди столдыӊ үстине жаяды. Район ӽәкими М.Ерниязов бир қатар көзден өткерип болып, – Қашан баслайсаӊ?, -деп сорады. – Ертеӊ-ақ балайын, -дедим. Солай етип, 15 жылдан берли созылып жүрген ϴмирбек лаққыныӊ естелик мәселесин Муӱса Ерниязов 15 минутта шешип берди. Соӊ өзи «материалларыӊ жетип атыр ма?» деп қадағалап, сорап турды. Мениӊ устазым ϴзбекстанныӊ жетекши мүсиншиси Азамат Хатамов-Ташкентте турады, деди скульптор-художник Д.Тәжимуртов. Балам Әдилдиӊ өзинде туӱма талант бар екенин сезип, ақыл-кеӊеслерин берип турды. Балам Әдилге ӽәр қыйлы сүӱретлер салдырып үйреттим. Ол Беньков атындағы колледжди питкерди. Дипломына зергер ӽәм сүӱретши, деп жазылған. Зергерлик жоғалып баратырған өнеримиздиӊ бири. Буны қайта тиклеӱди мақсет етип отырмыз. Белгили мүсинши Д.Тәжимуратов бүгинлиги үй музейи-устаханасын ашып, пидайы мийнетлер етпекте. Музейге шет еллерден туристлер жийи-жийи келип турады. Бул ҳаққында социаллық тармақлар арқалы турақлы түрде сүӳретлери менен ғалаба үгит-нәсиятланып атыр. Бекбай САПАРОВ. журналист. https://t.me/ibratli_sozler

photo content
+3

ӘКЕЖАН Инсан едиң табийғый жаратылған. Алла назери тиккелей қаратылған. Берекети едиң өзиң уйимиздиң. Алла жазып өз жолы мен
ӘКЕЖАН Инсан едиң табийғый жаратылған. Алла назери тиккелей қаратылған. Берекети едиң өзиң уйимиздиң. Алла жазып өз жолы мен баратырған. Үлкен киши зейнине тиймедиңиз. Жаманға да кулип қабак үймедиңиз. Дизбедиңиз жипке ашыу наданлықты. Кек сақлау деген затты билмедиңиз. Қыз өсирдиң, ул өсирдиң зийнет пенен Ҳадал болып жасадың мийнет пенен Жатқан жериң жайлы болсын әкежаным Биз сизди еслеймиз хүрмет пенен. Сиз кеттиңиз айланып келмес болып. Бирақ жүрсиз тириге де теңлес болп. Сағынады ақлық пенен шаулықларың. Ул кызларың туслеринде үнлес болып. Марат Айбосынов. https://t.me/ibratli_sozler

#Мотивация Күнлердиң биринде бир дийханның ешеги қудыққа түсип кетеди. Дийхан қанша урынбасын ешегин шығара алмапты. Ақыры ди
#Мотивация Күнлердиң биринде бир дийханның ешеги қудыққа түсип кетеди. Дийхан қанша урынбасын ешегин шығара алмапты. Ақыры дийхан тəғдирге тəн берипти хəм " ешегим өзи қартайып жумысқа да жарамай тур еди оны усы жерге көмип таслай қояйын депти . Оннан қала берсе қудықтың сууының тартылғаны қашшан ...депти де жəрдемге қоңсыларын шақырып келди. Хəммеси ешектиң устинен топырақ сала баслапты. Үстине топырақ тасланған сайын ешек бир силкинип устиндеги топырақ түсирип жиберер, ал жерге түскен топырақ ешекти бийиклетип бара берипти. Ақыры , тасланған топырақлар нəтийжесинде ешек жоқарыға шығып аман қалыпты. Нəтийже сол : Өмир сизиң үстиңизге қаншадан-қанша топырақ, кир-қоңларын шашады. Сиз өзиңизге атылған таспа, топырақпа, жəне усыған уқсас шығындыларды үстиңизден силкитип алып таслаң. Олар сизди көмип таслауына жол қоймаң ! Керисинше , мақсетиңизге ерисиу жолында хəрекеттен тоқтамаң ! Бул өмирде сизге дус келип атырған хəр қандай машқала,сиз ушын жоқарыға шығыу имканыдур. Ю.М. https://t.me/ibratli_sozler

Əкеңиз бенен өткизген ең қууанышлы, ең əжайып естен кетпес мəуритлериңизди пикир жазыу бөлиминде қалдырсаңыз ! https://t.me/ibratli_sozler

"Ибратлы сөзлер"де Бағдар берип, өмириңе, турмысқа, Зейин ашып, қаратқандай тум-тусқа, Шапқыр аттай, "таслағандай суўлыққа", Руўхый күш - "Ибратлы сөзлер"де. Маржан сөздиң ең зорларын серелеп, Шәмензарға апарғандай "жүр-жүр!" леп, Қәлбиңе зер нағыс салар кестелеп, Нәзер салсаң, "Ибратлы сөзлер"ге. Ибрат алса, арзыйтуғын пикирлер, Әлўан-әлўан қиялларға шүмдирер, Сөз бағынан сулыў гүллер тергизер, Зейин салсаң, "Ибратлы сөзлер"ге. Бабалардың өлмес мийрасларынан, Тарийхты жырлаған дәстанларынан, Халқымыздың ең зор турмыс салтынан, Мол ғәзийне-"Ибратлы сөзлер"де.         Кеңесбай Тилеўов. https://t.me/ibratli_sozler

#Әпсана. ХАЛҚАБАД АТАМАСЫ ӼАҚҚЫНДА. Биринши Президентимиз айтып өткениндей, ӽәр бир халық, ӽәр бир инсан өзиниӊ өтмиш тарийхын билип, үйренип жасаӱы керек. Себеби, өтмишти үйренбей турып, келешек тийкарын жаратыӱ-мәнзилсиз бағдарға қәдем таслаӱдай мақсетсиз жол. Соныӊ ушында, туӱылып өскен, жасап атырған жериӊниӊ тарийхын, ата-бабалардыӊ өз дәӱириндеги басып өткен жоллары туӱралы мағлыӱматқа ийе болыӱ ӽәм оларды келешек әӱлад руӱхыятына тереӊирек сиӊдирип барыӱ кешеги, бүгинги ӽәм ертеӊги әӱладлар алдындағы нағыз перзентлик парызымыз болып табылады. Кегейли районына қараслы Халқабад ӽаққында еситкен әпсананы айтып бермекшимен. Ерте де жасы әдеӱирге барып қалған бир ғарры жасаған екен.Сол ғарры мийнеткеш болып, атызынан жеригликли палыз өнимлерин жетистирер екен. Ол бир жылы әдеӱир қаӱын египти. Оныӊ шын кеӱли менен егип, тәрбиялап жетистирген қаӱыны соныӊдай ширели, мазалы болып писипти. Ол келешекте әӱладларына жақсылардан шарапат тийсин деген мақсетте улама, мақсымларға қаӱыныӊ дәмин тарттырып, пәтиясын алыӱ ушын писип жетискен қаӱынларын Ийшан қалаға алып барады. Сонда ол жердеги улама-мақсымлар «бул қаӱыннан бала-шағаӊ, қоӊсы-қобаларыӊ жеди ме?» деп сорапты. Сонда ғарры: - «Яқ! Биринши мәрте сизлердей уллы мәртебели инсанлар дәмин татып көрсин, деп алып келдим» депти. Бул гәпти еситкен сол жердеги улама-мақсымлар «Сен биринши нәӱбетте бала-шағаӊды, қоӊсы-қобаӊды тойдыр, кейин бизлерге әкелсеӊ болады», дейди. Сөйтип ғарры қаӱынларын ешек арбасына тийеп, аӱылына қайтыпты. Арадан белгили уақыт өтип, уламалар мүрәжәти орынланғаннан соӊ қалған қаӱынларын ийшанларға әкелип берипти. Ийшанлар қаӱынларды жеп отырып, ғаррыға: «Бир әжайып, мийнеткеш ғарры екенсеӊ халқыӊ абад болсын!», деп пәтия берипти ӽәм соннан баслап бул жер «Халқабад» деп аталыпты. Тағы да бир дереклерге сүйенсек, 1919-жылы «түркмен шапты»да олар халықтыӊ барбайлығын, малын, баллары менен қызларын қул етип алып кетеди. Кейин олар Ийшанқалаға топылыс жасаған. Ал, халық болса Ийшан қаланы өзлерине қорған етип алады ӽәм бир-еки ӽәпте суӱсыз, аӱқатсыз күн кеширген. Сонда баспашылар бул жердиӊ халқы абад жасайтуғын болса керек, олар еле қорғаннан шықпайтуғын усайды, депти ӽәм излерине қайтып кетипти. Усылайынша, бул аймақ Халқабад болып, тарийхта қалыпты деседи. Бекбай САПАРОВ, ϴзбекстан Журналистлери дөретиӱшилик аӱқамыныӊ ағзасы. https://t.me/ibratli_sozler

Биреуге айтқан бир мысқал артық сөзиң, Бир батпан болып өзиңе қайтады. Адам тек өзинен артық адамды жек көреди. Даңқ кез келг
Биреуге айтқан бир мысқал артық сөзиң, Бир батпан болып өзиңе қайтады. Адам тек өзинен артық адамды жек көреди. Даңқ кез келген адамды аспанға көтереди, Бирақ кез келген адам даңқты көтере алмайды. https://t.me/ibratli_sozler