Садағаң, кетейин ол ўақтағы "армия" нағыз армия едиғо. Әскерий хызметке кеткенлер, армиядағы әскерий тәртипти, басқа журтларды, өзге халықлардың турмыс тәризин көрип, писип, қатайып, муртлары тәп берип, кешеги жүрген өспирим, нағыз ел қорғайтуғын, қызлардың көзиниң отын алып, келсең кел деп турған, нағыз ғошшақ жигит болып елге оралатуғын едиғой. Әне сөйтип Сабыр иним айралық басланды. Елге, ата-анаға, сәўер ярға деген сағынышты тәрийиплеўге мына тилим әззи. Сағыныш толы хат жазыспақлар, сүўрет алыспақлар... "Өлмеген адамға демде" дегендей, көзди ашып жумғанша еки жыл да өтип кетти. Бирақ мына сағыныш яман нәрсе екен, еки жыллық дәўир мәңгиликтей болып кетти. Усы жеңгеңнен келген хатларының айырым жерлери дағалланып келетуғын еди, жылап отырып жазады екен дә хатларын, әне саған "Сангам", керек болса. Қулласы сөйтип армиядан келип баяғы бахытлы күнлеримиз қайта басланды. Олар енди еки курс жоқары оқыйды бизлерден, тәнеписте оқыўдан соң келисип аламыз ушырасатуғын жеримизди, сөйтип күнде бирге қайтамыз оқўдан, тап бул дүньяда екеўимизден басқа адам жоқтай (басқаларды көзимиз көрмейди). Сондай, мухаббат деген сезимниң татлы демлерин татып өткердик студентлик алтын дәўирде.
Ўақты сааты келип үйлендим. Ата-анам қарызланып қәўерленип дегендей тойымыз да өтти. Екеўимиз де бахытлымыз. Мен еле студентпен, Гүлмийра оқыўын питкерип үйимизге алыс емес мектепке муғәллим болып орналасты. Алдымызға қойған мәқсетлеримиз жетегинде күнлер өтип атыр. Бир жыл изде қалып уллы болдық, үлкен қуўаныш. Әкем пақыр қолынан түсирмейди ақлығын, сәл босаса көтерип, я болмаса коляскаға салып көшеге шығып айланып қайтады, ермеги ақлығы, оған бизлер сүйсинемиз, Аллаға шүкиршилигимиз мол. Күнлердиң биринде анам тәрепинен Гүлмийраға қысым басланды. Отырса опақ, турса сопақ, қылған ислеринен кемис табылғыш... Қулласы басыңды аўыртып не қылайын, Гүлмийра жайнап турған гүлдиң солғанындай солып баслады. Бирақ қанша бақырса да, кемситсе де, мүжий берсе де анама иллә деп аўзын ашпады, лекин күннен күнге солып атыр. Мениң де берекетим қашты. Әкемнен үмит еттим, бул жағдайды сапластырар деп, оннан да үн жоқ, билмеймен сезбейме, я сезседе солай болыў керекпе, қулласы тым тырыс. Анам менен оңашада сөйлесип көрсембекен деп оқталаман, әй яқ батылым бармайды, оған қалай мыңғырлап отыраман, анам ғой ақыры.
Гүлмийра болса тисин тисине қойып шыдап жүр, баяғы шырай, баяғы өмирге деген талпыныс, баяғы шадлы күлкилер, баяғы жағымлы назлар, мисли шымшықтай пыр етип ушып кетти...
Даўамы бар...
https://t.me/ibratli_sozler