en
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Open in Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Show more

📈 Analytical overview of Telegram channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) in the Kazakh language segment is an active participant. Currently, the community unites 18 831 subscribers, ranking 4 310 in the Religion & Spirituality category and 448 in the Kazakhstan region.

📊 Audience metrics and dynamics

Since its creation on невідомо, the project has demonstrated rapid growth, gathering an audience of 18 831 subscribers.

According to the latest data from 02 July, 2026, the channel demonstrates stable activity. Although there has been a change in the number of participants by -281 over the last 30 days and by -12 over the last 24 hours, overall reach remains high.

  • Verification status: Not verified
  • Engagement rate (ER): The average audience engagement rate is 26.57%. Within the first 24 hours after publication, content typically collects 20.65% reactions from the total number of subscribers.
  • Post reach: On average, each post receives 5 007 views. Within the first day, a publication typically gains 3 891 views.
  • Reactions and interaction: The audience actively supports content: the average number of reactions per post is 44.

📝 Description and content policy

The author describes the resource as a platform for expressing subjective opinions:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Thanks to the high frequency of updates (latest data received on 03 July, 2026), the channel maintains relevance and a high level of publication reach. Analytics show that the audience actively interacts with content, making it an important point of influence in the Religion & Spirituality category.

18 831
Subscribers
-1224 hours
-757 days
-28130 days
Posts Archive
#Қайырлы_түн Жақсы адамларға жолыққан күни, Уйқың пүтин болар, ўақтың хош болар. Кеўлиң көтериңки, илҳәм йош болар, Жақсы ада
#Қайырлы_түн
Жақсы адамларға жолыққан күни, Уйқың пүтин болар, ўақтың хош болар. Кеўлиң көтериңки, илҳәм йош болар, Жақсы адамларға жолыққан күни.
      деп, шайыр атамыз Ибрайым Юсупов айтқанындай,  бүгин күн даўамында Сизлердей - жақсы адамлар менен сәўбетлес болдық.        Бәршеңизге алла рийза болсын!  Узын жиптиң де ақыры бар дегендей, енди дем алатуғын ўақтымыз келди.       Жаратыўшы ийемиз несип еткен парахат елимиздиң пайызлы ақшамында берекетли шаңарағымызда жайлы жатып, жақсы турыў ҳәммемизге несип етсин!      ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!!! https://t.me/ibratli_sozler

Маяна-?
Anonymous voting

Муқатыў-?
Anonymous voting

Мустақ-?
Anonymous voting

ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛҚЫНЫҢ КИЙЕЛИ ЖЕТИ АҒАШЫ   {ТЕРЕГИ}   ҲАҚҚЫНДА БИЛЕСИЗБЕ? Ерте дәўирлерден-ақ Қарақалпақ халқының өзлигин аңлататуғын әлўан түрли  нышанлары (рәмиз) болған. Халықлық үлгидеги кийим-кеншеклери, тутыныў буйымлары, үрп-әдет, салт дәстүрлери, сөйлеў мәденияты, турмыс-тиришилик мәденияты өз алдына бир бөлек болып, халықлық менталитетимизди басқа халықлардан өзгешелеп турған болса, руў тамғалары ҳәм қарақалпақтың алты арысының үлесине тийген ағаш түрлери де халықтың нышанлық белгилерин көрсетеди. Қарақалпақтың алты арысының үлесине тийген белги--ағаш түрлери мыналар: 1.  Жийде~Мүйтен арысына; 2.  Тораңғыл~Қоңырат _=_; 3.  Қараман~Қыпшақ  _=_; 4.  Гүжим~Кенегес  _=_; 5.  Тут~Маңғыт арысына; 6.  Қандым~Қытай _=_; 7.  Шынар~улыўма қарақалпақларға ортақ белги сыпатында нышан етип алынған екен. Бул ағашлар халқымызда "кийели" ағашлар деп есапланып, адамлардың күнделикли турмыс-тиришилигинде ҳәр бириниң атқаратуғын хызмети бар. Мәселен: ЖИЙДЕ~жемис ағашы болып есапланады, жемиси тамақлық роль {жийдеси, жийде тақаны}  атқарыў менен қатар, оның жемисиниң, шайырының көплеген аўырыўларға ем екенлиги илимде дәлилленген. ТОРАҢҒЫЛ ~ағашы көп жыл жасаўшы, өзинен айналасына жақсы кислород шығарып ҳаўаны тазалаўшылық қәсийетке  ийе. Тораңғыллардың саны  соңғы ўақытлары адамлар отынға шаўып алыўы себебинен ҳәм басқа да себепсиз өртлер келип шығыўынан азайып кеткенликтен ҳүкиметимиз тәрепинен айрықша ғамхорлыққа алынып, ретсиз шаўып алыўға тыйым салынды. ҚАРАМАН~ағаш усташылығында пайдаланылады, бул ағаш та аз санда ушырасады. ГҮЖИМ~қойыў саяманлы, көп жыл жасаўшы ағашлар түрине киреди, сийрек ушырасады, жер таңлап өседи. Оны ким болса сол еккен менен көгере бермейди, оның қыр-сырын билетуғын адамлар ғана гүжим егип көгерте алады. ТУТ~ағашы да мийўели жемисли, ҳасыл  ағаш, усташылық жумысларында қолланылып, усталар көбинесе дуўтар, қобыз сыяқлы саз әсбапларын соғады. Туттың мийўеси көплеген аўырыўларға емлик қәсийети менен ажыралып турады. Тутты "ҳасыл ағаш"  деўимиздиң мәниси: ағашының жапырақларын наўқан тутқан ўақытта наўқан қуртларына азық есабында берип бағылады, наўқан қуртлар белгили бир мөлшерде жеп тойынғаннан кейин, жипек орай баслайды. Демек, бул тут жапырағының  жипек талаларын жетилистириўши ҳасыллығын  көрсетеди. ҚАНДЫМ~ағашы да беккем, сапалылығы менен басқа ағашлардан айырылып турады, үлкемизде сийрек ушырасатуғын ағаш түрлерине киреди. Беккемлиги, сапалылығы ушын ағаш усталары қара үйдиң сүйеклерин қандым ағашынан ҳәм жәнеўит талдан соғады. ШЫНАР~көп жыл жасайтуғын, қойыў саяманлы, сийрек ушырасатуғын ағаш түрине киреди. Шынардың бирнеше жүзлеген жыл жасаған түрлери де ушырасады, тамыры беккем, тереңге кетеди, суўсызлыққа шыдамлы ағаш. Шақалары кең түрде жайылып, жапырақлы болып келеди, бир шынардың астына жүзлеген адам саялап, дем алып отыра алады. " ТАҢБА" 1. Қоңырат арыс "П"(босаға) 2. Қыпшақ  "|" (мәмиле) 3. Қытай "🫕" (азық) 4. Кенегес 1) вариант "Х" (атанақ) 2) вариант "✝" 5.Мангыт  "🗡" (қорғаныс) Бурынғылардың айтыўы бойынша. Пост: shahzoda_allamuratova каналынан https://t.me/ibratli_sozler

ҲӘР ТҮРЛИ ӨНЕР-БИЛИМ АЛЫЎ ҲАҚҚЫНДАҒЫ НАҚЫЛ-МАҚАЛЛАР Сын дүзелмей мин дүзелмейди. Билимли мыңды жығады, Билекли бирди жығады. Оқыў ойдан қашық емес, Оқысаң озарсаң, Оқымасаң тозарсаң. Өзиң билсең өзгеге үйрет, Билмегениңди үйрен. Халыққа ис көрсеткен мәрт өлмейди, Тарийхқа жазып кеткен хат өлмейди. Оқыў ой азығы, Билим ер азығы. Өнерли жас аш болмас, Өнер билсең өлмейсең. https://t.me/ibratli_sozler

Қарақалпақты көп мақтама көзимше, Қармаққа тез қабатуғын балықпан, Ҳәр кимниң бар әззи жери өзинше, Шортанымдай аңқылдақлаў х
Қарақалпақты көп мақтама көзимше, Қармаққа тез қабатуғын балықпан, Ҳәр кимниң бар әззи жери өзинше, Шортанымдай аңқылдақлаў халықпан. Мийнет десе жең түринген палўандай, Арбаға таў тийе десе тийеген. Дослық десе жулдыз таўып алғандай, Халқымның ақ көкирегин сүйемен. ИБРАЙЫМ ЮСУПОВ

#Ҳикметли дүнья... Әкеңизде көринип турған ақ шашлар сен жасап атырған пәраўан турмысыңнан сөйлеўши қыссадур. https://t.me/ib
#Ҳикметли дүнья... Әкеңизде көринип турған ақ шашлар сен жасап атырған пәраўан турмысыңнан сөйлеўши қыссадур. https://t.me/ibratli_sozler

#Пикирлең Өмир - сынық кеседеги суўға уқсайды. Ишсең де ишпесең де бәрибир таўсылады. Солай екен, қалай жасап атырғанымызға и
#Пикирлең       Өмир - сынық кеседеги суўға уқсайды.        Ишсең де ишпесең де бәрибир таўсылады.        Солай екен, қалай жасап атырғанымызға итибар берейик! https://t.me/ibratli_sozler

#ибрат Бала едим. Әкеме: — Терекке шығаман, жәрдем бериң, — дедим. — Биреў шығарып қойған жерден түсе алмайсаң, қулап түсесең
#ибрат Бала едим. Әкеме: — Терекке шығаман, жәрдем бериң, — дедим. — Биреў шығарып қойған жерден түсе алмайсаң, қулап түсесең — деди, әкем. Бир өмир буны умытпадым... ✨ Соның ушын ҳеш бир жетискенликке өзгелердиң жәрдеми менен ериспең! Өз күшиңиз бенен жетисиң. Пост: al_beruniy каналынан https://t.me/ibratli_sozler

#Өмир_инсан Жақсылық ет, жәҳән ибрат алсын, Жақсылар басына жақсылық салсын, Мал-дүнья бәршеден, сеннен де қалар, Жақсысы дүн
#Өмир_инсан Жақсылық ет, жәҳән ибрат алсын, Жақсылар басына жақсылық салсын, Мал-дүнья бәршеден, сеннен де қалар, Жақсысы дүнья емес, жақсылық қалсын! ✍Абдураҳмон Жомий. https://t.me/ibratli_sozler

#Китаптан үзинди Ериншектың сумы үй иши уйқыға жатып атырғанда басын көтере сала: -"Ҳәзир қуяш шықса еди, көп жумыс ислер еди
#Китаптан үзинди Ериншектың сумы үй иши уйқыға жатып атырғанда  басын көтере сала: -"Ҳәзир қуяш шықса еди, көп жумыс ислер едим" дейди.  ✍Т.Қайыпбергенов "Бахытсызлар" романы https://t.me/ibratli_sozler

​​🎤Бийбираба Өтепбергенова "Мотор қайық" https://t.me/ibratli_sozler

#Таңғы тилек....🌹 Ассалаўма әлейкум және бир гөззал таңды, жаңа күнди қәлбинде жақсы арзыў-нийетлер менен қарсы алған қәдирд
#Таңғы тилек....🌹 Ассалаўма әлейкум және бир гөззал таңды, жаңа күнди қәлбинде жақсы арзыў-нийетлер менен қарсы алған қәдирданлар 🍃🌹🍃 Бүгинги күниңиз берекетли ҳәм әўметли келсин! Күн даўамында көтериңки хош кейпият жолдасыңыз болсын 🌸 🍃🌹🍃 Кеўилге жақын инсанларыңыз ушын ҳәмийше керекли болың, өзиңизди асырап абайлаң әзиз заманласым 🌸 ✨✨✨✨✨✨✨✨ https://t.me/ibratli_sozler

Бийбираба Өтепбергенова- "Бәҳәр күлип қарады" t.me/baqsilar https://t.me/ibratli_sozler

Өз дәўиринде Қарақум ийшан мешит-медиресеси өзиниң бай китапханасына ийе болған. – 1926-жылы мешит-медиресиниң китапханасы менен танысыў мақсетинде бул жерге Н.А.Баскаков, А.Давлет ҳәм А.Ивановлардың экспедициясы келген, –  дейди археолог Ғ. Хожаниязов. – Бирақ, айырым себеплерге бола олардың бул нийети әмелге аспайды. Сондай-ақ, 1933-жылдың март айында Қарақалпақстанның өндирислик күшлерин үйрениў бойынша  Санк-Петербургте болып өткен биринши конференцияда профессор П.П.Иванов өз баянатында Қарақум ийшан мешит-медиресиниң бай китапханасының бар екенин, ондағы қол жазбаларды есапқа алыў ҳәм келешек ушын сақлаў мәселелерин көтереди. Тилекке қарсы, сол пайытларда Қазақдәрьяда суў көтерилип, Гөне Қараөзекти суў алыўы ақыбетинде медиресениң имаратлары қулап, китапхана суў астында қалып кеткен. Тийкарында китапхананың набыт болыўы оннан да бурынырақ басланған болып, бул ислам дини менен мешит-медиреселерге қарсы жүргизилген репрессияларға, мәдений атланысларға ҳәм латынластырыў ҳәрекетлерине байланыслы болды. – Соңғы пайытта ҳүкиметимиз тәрепинен мәдений естеликлерди қорғаўға, соның ишинде, туризмди раўажландырыўға үлкен дыққат-итибар қаратылмақта. Бул бағдарда Өзбекистан Республикасы Мәдений естеликлерди қорғаў инспекциясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Шымбай қаласына кире беристе өзиңиз көрип гүўасы болғаныңыздай қарақалпақ бақсышылық өнериниң сағасы Ақымбет бақсының саўлатлы естелиги жуўмақланыў алдында тур. Соның менен бирге, Бердақ бабамыздың 190 жыллығы мүнәсибети менен шайыр естелигин ҳәм оның дөгерегин және де абаданластырыў бойынша ҳүкиметимиз тәрепинен қаржы ажыратылып, ҳәзир бул бағдарда жумыслар алып барылмақта, – дейди Өзбекистан Республикасы Мәдений естеликлерди қорғаў инспекциясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қ.Шәрипов. Бердақ оқып билим алған ҳәм өзи жасап өткен бул аймақлар тарийхый жер атамаларына да оғада бай. Мәселен,  «Бөгетли», «Еркиндәрья», «Тилеў жыққын», «Қазақдәрья», «Сейт баққал», «Көк ийрим», «Дәў кемпир», «Гөне еркин», «Мәтеке терек», «Шопанлы ағаш», «Салдат көпир» ҳәм тағы басқа да жер-суў атларын атап өтиўимизге болады. Бул атамаларды сөйлетип жибергенде олардың өз алдына әпсаналары, келип шығыў тарийхы бар. Экспедиция ағзаларының Қарақум ийшанға сапары оғада үлкен тәсирлерге бай болды. Мешит-медиресениң аймағында өз ўақтында нар түйелер зыр-зыр айланып гүнжиден май шығарған жуўазлардың қалдықлары, түрли реңлердеги ыдыс сынықлары бул жердеги халықтың уллы жипек жолы арқалы кәрўан тартып ҳәр қыйлы еллер менен қарым-қатнаста болып, саўда-сатық ислери менен шуғылланғанынан да дәрек береди.  Әсиресе, зийрек, көзи өткир экспедиция ағзаларының бириниң қулап жатқан пақсалар арасынан бир пайытлары тәлабалардың бир-бирине жоллаған хатын таўып алғаны күтилмеген жағдай еди… Дерек : https://kknews.uz/kk/1911.html https://t.me/ibratli_sozler

ҚР МКО - Бердақ Ғарғабай улы: БЕРДАҚ ШАЙЫР ТУЎЫЛЫП-ӨСКЕН ЖЕРЛЕРДЕ… ҚАРАҚУМ ИЙШАН ДӘРГАЙЫ Таң қулан ийек болып атып киятырғанда жолға шыққан топарымыз қуяш арқан бойы жерге келгенде тарийхый Қарақум ийшан (Қутлы хожа ийшан) зыярат етиў орны тәрепке жол алыўда. Шахаманнан өткен соң өгиздиң мүйизиндей еки тәрепке айланып, бири Қазақдәрьяға алып баратуғын жолдың екиншисинде кепшикте желпиген дәндей қалқып баратырмыз. Мине, халқымыздың кеўлиндей кең жазық далалардағы топырағымыздың ҳәр қыйлы өсимликлер дүньясын, тарийхый «Камал ийшан» зыярат етиў орнын, «Мәтеке терек» елатын изде қалдырған «темир арба»мыз «Көк ийрим»ниң көпиринен асып биз тезирек жетиўге асығып киятырған мәнзил, Қарақум ийшан дәргайына жетип келди. Экспедицияның бул муқаддес жерге сапар етиўи тегин емес, әлбетте. Себеби, бул диярда сол дәўирдеги үлкен билимлендириў ошағының тырнағын қалаған Қарақум ийшан, оның шынжырма-шынжыр әўладлары, ойшыл шайыр Бердақ, оның устазы Күнхожа, Өзбекистан халық жыршысы, Қарақалпақстан халық шайыры, қыссахан Аббаз Дабыловтың әкеси Аллаяр улы Дабыл ийшан ҳәм басқа да ағартыўшы улама-инсанлар жерленген. Сондай-ақ, Бердақ бабамыз усы мешит-медиреседе билим алған ҳәм соңғылығында Қарақум ийшаннның суўпысы болған. Топар ағзалары усы исми-шәриплери аталған уллы бабаларымыздың естеликлерин ҳәм өз ўақтында үлкен билимлендириў орайы болған Қарақум ийшан мешит-медиресесин  зыярат етти. Уллы бабалардың руўхларына қуран аятлары оқылды. – Қарақум ийшаның негизги исми-шәрипи Қутлы хожа болған, – дейди ҚМУдың араб тили муғаллими Ә.Идирейсов. – Уламаға ҳүрмет жүзесинен оның исмин сол аймақтағы бийик қум төбеликлер менен байланыстырып Қарақум ийшан деп атаған, деген дәреклер бар. Өзиңиз көрип турған, ҳәзир тек  айырым пақсалары ғана сақланып қалған тарийхый Қарақум ийшан мешит-медиресеси өз ўақтында бир тәрепи қазақ далалары, бир тәрепи түсликтеги ел-журтлардың тәлабаларын өзине қамтыған үлкен билимлендириў ҳәм ағартыўшылық орайы және бул жерде арман-берман келип-кеткен жолаўшылардың ҳәлленип, ашырқаған халықтың жан сақлап қалыўы ушын шүлен қазанлар қайнап туратуғын болған. Үш жүз, төрт жүзден аслам тәлабаны жәмлеген мешит-медиреседе  билимлендириў еки басқышта араб тили ҳәм диний пәнлер (догматизм ҳ.т.б) бойынша алып барылған. Бул аймақ буннан басқа да билимлендириў орынларына бай болып, олардан Нөкис қаласында жайласқан  Сәлмен атаның әкеси  бинят еткен «Камал ийшан» ҳәм XX әсирде Идирейс ийшан тәрепинен шөлкемлестирилген мешит-медиреселер усылардың қатарына киреди. Қарақум ийшан ҳаққында жазба дәреклер аз болып, биз тек ғана Тәжетдин ийшан тәрепинен жазып қалдырылған 1926-1930-жылларға тийисли оның әўладлары туўралы шежире түринде жазылған мына қатарларға сүйенип пикир жүрите аламыз. Онда: Нусқа әйлеб йазған екен бир шарийф, Бир әбийат әйледим нусқадан көрийб, Тәме назер билан мен ғарийб, Шул нусқаны тафтийш этиб кўрмишам, – деп келтирилген. Демек, Қарақум ийшан туўралы буннан алдын да жазба мағлыўматлар болған. Солай екен, биз бул бағдардағы изертлеўлеримизди буннан былай да даўам еттириўимиз дәркар. Ғәрезсизлик жылларында Қарақум ийшанның ҳәзирги әўладлары тәрепинен қурылған саўлатлы ҳәм пайызлы мешит-медиреседе биз шынында да усы дәрек тийкарындағы ийшаның арғы бабаларының шайх болғанын, оның Баҳаўатдин Нақшбандий тәлийматы  ўәкиллеринен екенин көриўимизге болады. Әне, Қарақум ийшанның арқа тәрепинде жайласқан уллы бабамыз Бердақтың естелиги. Өткен әсирдиң орталарында бул аймақларды суў басыўы ақыбетинде көпшилик қойымшылықлар суў астында қалып, Бердақ бабамыздың қәбири Қазақдәрьялы Юсуп ата (1883-1973), Сейтназар Айеке улы, Әжиниияз шыйықшы Есен улы ҳәм Узақ Рахметуллаевлардың жәрдеминде анықланған. 1980-жыллардан бериде белгили тарийхшы ҳәм илимпазлар тәрепинен Қарақум ийшан, Бердақ ҳәм оның устазы Күнхожаның қәбирлери абаданластырылып, ҳәзир бул жер халқымыздың зыярат етип келетуғын муқаддес жайларына айланған.

ҚАРҒЫ БАЎ        <<Қарғы баў туўралы мағлыўмат бар ма? Қызға қуда түскендеги қәде екен. Билетуғынлар бар ма?>>          Тазагүл Қырықбаевна Байниязова.           ҚАРҒЫ БАЎ~қарақалпақ тилинде бир неше мәнисте қолланылады.         1. Ийттиң мойнына байланатуғын қайыс қарғы баў.         2.  Қарақалпақ халқының  әййемги дәўирден бери ҳәм ҳәзир де даўам етип киятырған жарасықлы, баслы дәстүрлериниң бири~жигиттиң әкеси ямаса оның жақын ағайинлериниң қызы бар үйге алдын ала "жаўшы" жиберип, келисимге келгеннен соң "пәтия оқылып" қуда түсиў дәстүри.          Қыз айттырып қуда түсетуғын адам нийетлеген жерине алды менен қудалық жөнин келистириўши абырайлы жасы үлкенлерден бир-екеўин "жаўшы" етип жибереди.          Қыздың үйи қызын бериўге келисим берген жағдайда келген жаўшы қыз әкесине  "қарғы баў" усынады. <<Қарғы баў>> әдетте қыз әкесине <<ат мингизиў>> мәнисинде көрсетилген сый-ҳүрмет болып, жорға ямаса жүйрик ат болады.         Жигит тәреп <<қарғы баў>> усынғаннан кейин қыздың үйи де жаўшыға өзлериниң сый-ҳүрметин көрсетип, шапан жабады. Жаўшы сыйлық шапанды кийип келгенинен қыздың үйи келисим бергенин түсинетуғын болған.          Жаўшы келисиминен кейин жигиттиң әкеси қыз тәрептеги қудалары менен бир күнди келисип, айтыўлы күни еки-үш жасы үлкени менен барып <<пәтия оқыйды>>. Усы күни той күни де  белгиленип, қыздың қалың малы туўралы да өз-ара келисимге келеди.          3. Қарақалпақтың бурынлары қудалық дәтүрлеринде <<бесик қуда>> түри де болған. Бириниң улы биринде қызы болған кеўли жақын адамлар қатнасықты беккемлеў мақсетинде ертеден бесикте жатқан баларына қуда түсип қоятуғын болған. Қудалықтың салт-дәстүрлерин сақлаған ҳалда қалың малын алдын ала толықлай ямаса жартылай төлеп қоятуғын болған. Буны да <<қарғы баў>> деп атайды. Буннан кейин рети менен қудалықтың басқа салт-дәстүрлерин әмелге асырған.         Қарғы баў дәстүри ҳәзирги ўақытта қолланылмайды, сондай-ақ, "бесикте атастырыў" дәстүри де қалып кетти. ✍Shahzoda Allamuratova https://t.me/ibratli_sozler

"Қарғы баў"👇👇 https://t.me/ibratli_sozler
"Қарғы баў"👇👇 https://t.me/ibratli_sozler