ҚР МКО - Бердақ Ғарғабай улы:
БЕРДАҚ ШАЙЫР ТУЎЫЛЫП-ӨСКЕН ЖЕРЛЕРДЕ…
ҚАРАҚУМ ИЙШАН ДӘРГАЙЫ
Таң қулан ийек болып атып киятырғанда жолға шыққан топарымыз қуяш арқан бойы жерге келгенде тарийхый Қарақум ийшан (Қутлы хожа ийшан) зыярат етиў орны тәрепке жол алыўда. Шахаманнан өткен соң өгиздиң мүйизиндей еки тәрепке айланып, бири Қазақдәрьяға алып баратуғын жолдың екиншисинде кепшикте желпиген дәндей қалқып баратырмыз. Мине, халқымыздың кеўлиндей кең жазық далалардағы топырағымыздың ҳәр қыйлы өсимликлер дүньясын, тарийхый «Камал ийшан» зыярат етиў орнын, «Мәтеке терек» елатын изде қалдырған «темир арба»мыз «Көк ийрим»ниң көпиринен асып биз тезирек жетиўге асығып киятырған мәнзил, Қарақум ийшан дәргайына жетип келди.
Экспедицияның бул муқаддес жерге сапар етиўи тегин емес, әлбетте. Себеби, бул диярда сол дәўирдеги үлкен билимлендириў ошағының тырнағын қалаған Қарақум ийшан, оның шынжырма-шынжыр әўладлары, ойшыл шайыр Бердақ, оның устазы Күнхожа, Өзбекистан халық жыршысы, Қарақалпақстан халық шайыры, қыссахан Аббаз Дабыловтың әкеси Аллаяр улы Дабыл ийшан ҳәм басқа да ағартыўшы улама-инсанлар жерленген. Сондай-ақ, Бердақ бабамыз усы мешит-медиреседе билим алған ҳәм соңғылығында Қарақум ийшаннның суўпысы болған.
Топар ағзалары усы исми-шәриплери аталған уллы бабаларымыздың естеликлерин ҳәм өз ўақтында үлкен билимлендириў орайы болған Қарақум ийшан мешит-медиресесин зыярат етти. Уллы бабалардың руўхларына қуран аятлары оқылды.
– Қарақум ийшаның негизги исми-шәрипи Қутлы хожа болған, – дейди ҚМУдың араб тили муғаллими Ә.Идирейсов. – Уламаға ҳүрмет жүзесинен оның исмин сол аймақтағы бийик қум төбеликлер менен байланыстырып Қарақум ийшан деп атаған, деген дәреклер бар. Өзиңиз көрип турған, ҳәзир тек айырым пақсалары ғана сақланып қалған тарийхый Қарақум ийшан мешит-медиресеси өз ўақтында бир тәрепи қазақ далалары, бир тәрепи түсликтеги ел-журтлардың тәлабаларын өзине қамтыған үлкен билимлендириў ҳәм ағартыўшылық орайы және бул жерде арман-берман келип-кеткен жолаўшылардың ҳәлленип, ашырқаған халықтың жан сақлап қалыўы ушын шүлен қазанлар қайнап туратуғын болған. Үш жүз, төрт жүзден аслам тәлабаны жәмлеген мешит-медиреседе билимлендириў еки басқышта араб тили ҳәм диний пәнлер (догматизм ҳ.т.б) бойынша алып барылған. Бул аймақ буннан басқа да билимлендириў орынларына бай болып, олардан Нөкис қаласында жайласқан Сәлмен атаның әкеси бинят еткен «Камал ийшан» ҳәм XX әсирде Идирейс ийшан тәрепинен шөлкемлестирилген мешит-медиреселер усылардың қатарына киреди.
Қарақум ийшан ҳаққында жазба дәреклер аз болып, биз тек ғана Тәжетдин ийшан тәрепинен жазып қалдырылған 1926-1930-жылларға тийисли оның әўладлары туўралы шежире түринде жазылған мына қатарларға сүйенип пикир жүрите аламыз. Онда:
Нусқа әйлеб йазған екен бир шарийф,
Бир әбийат әйледим нусқадан көрийб,
Тәме назер билан мен ғарийб,
Шул нусқаны тафтийш этиб кўрмишам, – деп келтирилген. Демек, Қарақум ийшан туўралы буннан алдын да жазба мағлыўматлар болған. Солай екен, биз бул бағдардағы изертлеўлеримизди буннан былай да даўам еттириўимиз дәркар.
Ғәрезсизлик жылларында Қарақум ийшанның ҳәзирги әўладлары тәрепинен қурылған саўлатлы ҳәм пайызлы мешит-медиреседе биз шынында да усы дәрек тийкарындағы ийшаның арғы бабаларының шайх болғанын, оның Баҳаўатдин Нақшбандий тәлийматы ўәкиллеринен екенин көриўимизге болады.
Әне, Қарақум ийшанның арқа тәрепинде жайласқан уллы бабамыз Бердақтың естелиги. Өткен әсирдиң орталарында бул аймақларды суў басыўы ақыбетинде көпшилик қойымшылықлар суў астында қалып, Бердақ бабамыздың қәбири Қазақдәрьялы Юсуп ата (1883-1973), Сейтназар Айеке улы, Әжиниияз шыйықшы Есен улы ҳәм Узақ Рахметуллаевлардың жәрдеминде анықланған. 1980-жыллардан бериде белгили тарийхшы ҳәм илимпазлар тәрепинен Қарақум ийшан, Бердақ ҳәм оның устазы Күнхожаның қәбирлери абаданластырылып, ҳәзир бул жер халқымыздың зыярат етип келетуғын муқаддес жайларына айланған.