en
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Open in Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Show more

📈 Analytical overview of Telegram channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Channel ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) in the Kazakh language segment is an active participant. Currently, the community unites 18 840 subscribers, ranking 4 310 in the Religion & Spirituality category and 448 in the Kazakhstan region.

📊 Audience metrics and dynamics

Since its creation on невідомо, the project has demonstrated rapid growth, gathering an audience of 18 840 subscribers.

According to the latest data from 02 July, 2026, the channel demonstrates stable activity. Although there has been a change in the number of participants by -281 over the last 30 days and by -12 over the last 24 hours, overall reach remains high.

  • Verification status: Not verified
  • Engagement rate (ER): The average audience engagement rate is 26.57%. Within the first 24 hours after publication, content typically collects 20.65% reactions from the total number of subscribers.
  • Post reach: On average, each post receives 5 007 views. Within the first day, a publication typically gains 3 891 views.
  • Reactions and interaction: The audience actively supports content: the average number of reactions per post is 44.

📝 Description and content policy

The author describes the resource as a platform for expressing subjective opinions:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Thanks to the high frequency of updates (latest data received on 03 July, 2026), the channel maintains relevance and a high level of publication reach. Analytics show that the audience actively interacts with content, making it an important point of influence in the Religion & Spirituality category.

18 840
Subscribers
-1224 hours
-757 days
-28130 days
Posts Archive
"БИР КЕМ ДҮНЬЯ"... Биз Алла тәрепинен жаратылған бенделермиз. Биз ҳәм сиз  инсанларды "бай"  ямаса "жарлы" деп айтыўға ҳаққымыз жоқ. Ертең не боларын ҳеш ким билмейди.🙏🙏🙏🙏🙏 Пикир сизден заманлас..... 🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃🍃 https://t.me/ibratli_sozler

photo content

"Туўған жер". Ақ бесикте жатқаным ушын, Ас, дузыңды татқаным ушын, Баўырыңа басқаның ушын, Миннетдарман, саған Туўған жер. Асқар таўым - әкем, панамдай, Болғаныңа әзийз анамдай, Алдыңда мен парызлы сондай, Қарыздарман, саған Туўған жер. Қушағыңда не көрсе көзим, Сен теберик, шеп емес сөзим, Жүрегиме ең жақын өзиң, Сырлас достым, жаным Туўған жер. Әлўан шаңлақ, түрли жағыңнан, Нәпес алсам, шөл ҳәм бағыңнан, Таңғы қустың сайраўларынан, Уқтым, ҳәтте, сени Туўған жер. Өз ўақтында етпей алалық, Бердиң бизге гүлдей балалық. Жаслығым да сенде жаралып, Қартлығым да өтер, Туўған жер. Таң самалы жанды тербетип, Ләззетиңди мудам серлетип, Турғандай ол маған үйретип, Сазларыңды, гөззал Туўған жер. Дана болсын яки ол надан, Жаныңдағы сол бәрше адам, Халық болып жасайды мудам, Өзиң менен, уллы Туўған жер. Қойныңдағы аққан суўдың да, Еспе қум, топырақ ҳәм таўдың да, Рәң - бәрәң тәбият қоршаўында, Зәрресимен оның, Туўған жер. Қай бир жерде шийкилик етсем, Билип - билмей өзимнен кетсем, Мәгар сени ыразы етпесем, Кешир мени, кешир, Туўған жер. Сулыўлығын түрли жерлердиң, Көрип, дузын татсам еллердиң, Сенсиз өткен гөззал демлердиң, Кереги жоқ маған, Туўған жер. Ақ бесикте жатқаным ушын, Ас, дузыңды татқаным ушын, Баўрыңа басқаның ушын, Миннетдарман, саған Туўған жер. Автор : Азат Даўышбаев 💜💜💜💜💜💜💜💜💜 Бизден узақласпаң әзизлер!! 👇👇👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

Қызыл көйлек.mp34.35 MB

#Байрам_мубарек Ҳәр жылы 12-май сәнесинде дүнья жүзи бойлап Халықаралық мийрибийкелер күни қутлы болсын! Ҳүрметли медицина хызметкерлери  Сизлерди ҳәм сизлер арқалы республикамызда мийнет етип атырған барлық медицина хызмети жәмәәт ағзаларын кәсиплик байрамыңыз бенен қызғын қутлықлаймыз. Сизлердиң машақатлы, жуўапкершиликли ҳәм мақтанышлы исиңизде жоқары қәнигели шеберлик, пидайылық, жетискенлик ҳәм үлкен мәртебе ҳеш қашан тәрк етпесин! "Ибратлы сөзлер" каналы жәмәәти! https://t.me/ibratli_sozler

Text). Женис Ермашев (1).mp34.94 MB

💫💫💫💫💫💫 Бүгин күн даўамында Сизлердей - жақсы адамлар менен сәўбетлес болдық. Бәршеңизге алла рийза болсын! Узын жиптиң
💫💫💫💫💫💫   Бүгин күн даўамында Сизлердей - жақсы адамлар менен сәўбетлес болдық.        Бәршеңизге алла рийза болсын!  Узын жиптиң де ақыры бар дегендей, енди дем алатуғын ўақтымыз келди.       Жаратыўшы ийемиз несип еткен парахат елимиздиң пайызлы ақшамында берекетли шаңарағымызда жайлы жатып, жақсы турыў ҳәммемизге несип етсин!   
   ҚАЙЫРЛЫ ТҮН!!!
https://t.me/ibratli_sozler

Гүрриң етиўлерине қарағанда бир күни Махатма Ганди жүриўди баслаған поездға жетип алыў ушын жуўырып кетип баратыр еди. Еплеп
Гүрриң етиўлерине қарағанда бир күни Махатма Ганди жүриўди баслаған поездға жетип алыў ушын жуўырып кетип баратыр еди. Еплеп поездге шығып алғаннан соң , тосаттан бир пай геўиши аяғынан түсип кетти. Сол гезде Ганди екинши пай геўишин де тезлик пенен шешти де, ойлап отырмай биринши пайы түскен жерге лақтырып жиберди . Оның бул исинен хайран қалған дослары: " Не ушын бундай қылдыңыз?" деп сорады. Ганди жуўап берип, деди: "Геўишти таўып алған пақыр киси, еки пайында таўып алыўын хәм олардан пайдаланыўын қәледим. Себеби, бир пай геўиш оған пайда бермейди. Мен де бир пай геўиштен пайдалана алмайман". ✍📜✍📜✍📜 https://t.me/ibratli_sozler

#Қарақалпақ асханасы Балық қарманы таярлаўда: 1. Қайнаўға шамаласып турған суўға туўралған балықты салып кайнатып, көбигин ал
#Қарақалпақ асханасы Балық қарманы таярлаўда:   1.  Қайнаўға шамаласып турған суўға туўралған балықты салып кайнатып, көбигин алып 15-20 минут писиреди балық тез писетуғын болған соң езилип кетпесин деп сүзип алады. 2.  Сорпаның үстине гешир пияз салып кайнатады, сорпа таяр болғанда  жүўери қамыр карылады. 3.  Таяр жүўери қамырды сорпаның  үстине жуқалап үзип салады,  белгили ўакытта  қамыр.писип таяр болғанда сорпасын бөлек ыдысқа қуйып алады. 4.  Енди ыдыста қойыў жүўери гүртиги қалады, соған алдынан туўрап майдаланған балық гөшин салып жақсылап ағаш қасык пенен араластырады. Мине,  жүўери гүртиги қосып исленген  балық қарма  таяр болды. Бул мениң анамның жасайтуғын балық қармасы еди,  унаса ислеп көриңлер ✍Турсынай Бийманова. https://t.me/ibratli_sozler

#Қутлықлаў Қарақалпақ сөз өнериниң мақтанышы Бахтияр Генжемуратовты қутлықлаймыз! ​«Жақсының сөзи — жан азығы» дейди халқымыз
#Қутлықлаў Қарақалпақ сөз өнериниң мақтанышы Бахтияр Генжемуратовты қутлықлаймыз! ​«Жақсының сөзи — жан азығы» дейди халқымыз. Бүгин өз дөретиўшилиги менен мыңлаған кеўиллерге жол тапқан, заманлас шайырымыз Бахтияр аға Генжемуратовтың туўылған күни! ​Бахтияр аға — тек ғана шебер сөз зергери емес, ал Қарақалпақ әдебиятының руўхый байлығын арттырып киятырған үлкен мектеп ийеси. Сизди бүгинги қуўанышлы күниңиз бенен «Ибратлы сөзлер» каналы ағзалары ҳәм дөретиўши жәмәати атынан шын кеўилден қутлықлаймыз! Сизге беккем денсаўлық ҳәм узақ жас өмир тилеймиз. ​Дөретиўшилик ислериңизде тасқын табыслар тилеп ҳеш қашан шаршамай халқымыздың кеўил төринен орын алып жүребериўиңизди тилеймиз! https://t.me/ibratli_sozler

"ЖАСАЎ ӘЖАЙЫП"..... Қараңлар дүнья соншалар гөззал,. Йошлы жүрек, гейде ол отлы, Жазса арзыйтуғын қосық ҳәм ғәззел, Өмир гөзз
"ЖАСАЎ  ӘЖАЙЫП"..... Қараңлар дүнья соншалар гөззал,. Йошлы жүрек, гейде ол отлы, Жазса арзыйтуғын қосық ҳәм ғәззел, Өмир гөззал, жасаў әжайып. Бир дем қарап итибар бериң, Аспан емес ,сиз жерде жүриң, Азғана дем алып, ойланып көриң, Өмир гөззал, жасаў әжайып. Ғамға батып, жүрипсиз,неге? Тәшўишлисиз  бунша не себеп? Көрсеттиме, сынаўлар күшин, Өмир гөззал, жасаў әжайып. Кимге азап, кимлерге рәҳәт, Кимлер буған белленип шыдар, Заманды көплери айыпкер қылар, Өмир гөззал, жасаў әжайып. Дүнья гезип жүргенлер қанша, Дәртли азап көргенлер қанша, Жасаў ушын, турғанлар қанша, Өмир гөззал, жасаў әжайып. ✍Гулдасте Курбанбаева. Бизден узақласпаң... 👇👇👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

#ДЫҚҚАТ ҲҮРМЕТЛИ ДӨРЕТИЎШИ УСТАЗЛАР <УСТАЗ ЖОЛЫ> ГАЗЕТАСЫ ТЕЛЕГРАММ ТАРМАҒЫ ДӨРЕТИЎШИЛЕРИ ТӘРЕПИНЕН ШӨЛКЕМЛЕСКЕН <УС
#ДЫҚҚАТ ҲҮРМЕТЛИ ДӨРЕТИЎШИ УСТАЗЛАР <УСТАЗ ЖОЛЫ> ГАЗЕТАСЫ ТЕЛЕГРАММ ТАРМАҒЫ ДӨРЕТИЎШИЛЕРИ ТӘРЕПИНЕН ШӨЛКЕМЛЕСКЕН <УСТАЗЛАР ИЛҲАМЫ> КИТАБЫНЫҢ 11-12-САНЫ УШЫН ДӨРЕТПЕЛЕРДИ ҚАБЫЛЛАП АТЫРМЫЗ СИЗЛЕРДЕ ӨЗЛЕРИҢИЗДИҢ ДӨРЕТПЕҢИЗДИ ЖИБЕРСЕҢИЗ БОЛАДЫ ҲӘМ ДӨРЕТИЎШИЛИКТЕН ХАБАРЫ БАР ЖАҚЫН ИНСАНЫҢЫЗҒА ЖИБЕРСЕҢИЗ БОЛАДЫ!!! <УСТАЗ ЖОЛЫ> ГАЗЕТАСЫ АДМИНСТРАЦИЯ: ,,Устазлар илҳамы" топарына ағза болың: 👇 https://t.me/ustazlarilhami https://t.me/USTAZ_JOLI https://t.me/ibratli_sozler

Ҳаўжар тамам болғаннан кейин күйеў тәрептен таяр турған ат арбаға қыз жеңгеси, қыздың еки досты ҳәм қыз минеди. Арбакеш жигит ағасын алтақтаға, күйеў ҳәм қасындағы бир-еки жигитти қыз узатып киятырған қызлардың қасына мингизип жүрип кетеди. МУРАТБАЙ НЫЗАНОВ. <<Қарақалпақлар>>, 1-китап, Нөкис, <<Билим>> баспасы, 2020-жыл, 271-275-бетлер.

<<ҚЫЗ УЗАТЫЎ>> Белгиленген сәршемби күни, ямаса ара алыс болса оннан бир күн бурын қудалар ҳәм қызды алып кетиўши күйеў топары еки-үш жигит болып қыздың үйине келеди. Қудалар туўры босағаға келеди де, күйеўлер аўылдың туў сыртында турып қалады. Аўылдың бала-шағалары жыйналып, күйеўден қәде алып ишке киргизиў ушын алдына шығады. Бундайда ҳеш бир үйден қатнаспаған қыз-келиншек қалмаўы керек. Сонлықтан, олардың бас-аяғы жыйналаман дегенше арадан бираз ўақыт өтип кетиўи мүмкин. Лекин, күйеўлер шыдамсызлық етип үйге жақынлап келсе ямаса диз бүгип отырса, бул қатты айып болады. Күйеўдиң ең бир сыналатуғын күни усы, қалыңлығын алып кететуғын күн. Ҳаяллар жыйналып келип, қәде сорай баслайды. Күйеўдиң жигит ағасы да, гәпке шешен, тақыўа адамнан таңланады. Ол ҳаяллардың сораған қәделерин ҳәзил менен сынап-минеп қыз жеңгелерин бираз албыратыўы мүмкин. Сонда да ҳаяллар <<көпир қәде>>, <<мешит қәде>>, <<бақан керер қәде>> сыяқлы бир неше қәделердиң атын таўып алады. Үйдиң алдына келген жерде бир кемпир жигит ағасының алдыга келип, жортаға жығылады. Оның ушын ҳаяллар <<кемпир өлди>> қәде алады. Апаларының изине ерип жүрген кишкене балалар <<шабдырма қәде>> сорайды. Күйеўлер ең соңғы қәде--<<босаға қәде>>ни берип ишке киреди. Күйеўлер бир қатар шай ишип болғаннан кейин узатылатуғын қыздың дослары ямаса сиңлилери келип, күйеўдиң қалтасын қарайды. Күйеў орнынан түргелип турып, балдызларының <<қалта қарар>> қәдесин алыўына толық мүмкиншилик береди. Күйеўдиң ҳәмме қалтасы аз болсын, көп болсын бос болмаўы тийис. Күйеўлерге кейинги қәде аўқат пенен бирге төс қойылады. Төстен күйеўлеп келген ҳәмме жигитлер аўыз тийип, қәдесин берип қайтарыўы керек. Усындай қәде алыў қуда тәрепке де қолланылады. Оларға аўылдың жасы қайтыңқыраған ҳаяллары қуман менен ләген алып келип <<суў қуяр>> қәде сорайды. Гейде айырым қудалар қытымырлық етип, қәде бергиси келмесе, басынвн қуман менен суў қуйып жибереди. Суў жағасына сорғалап аққанын көрген басқа қудалар дәрҳал қалталарына қол суғыў менен болады. Аўыл жасы үлкенлери қудалар менен бирге отырады. Аўқат жеп болынған соң, ямаса аўқаттвн алдын қыздың ата-анасын шақырып, баўызлаў қуда {жигиттиң әкеси} қалың мал ушын алып келген түйиншигин усынады. Қыздың әкеси түйиншикти алып, сол жерде отырған аўыл жасы үлкенлерине бир-еки сомнан <<қалта баў>> берип шығады. Қудалар болажақ келин ушын алып келген <<бес кийим>>ди ортаға қояды. Ол төмендегилерден ибарат болыўы керек: бас кийим ушын--сәўкеле, жағалы камзол, жеңсиз бәшпент, көк көйлек ҳәм етик. Сәўкеле менен көк көйлекке қурбы келмегенлер сәўкеле ушын--орамал, көк көйлек ушын--шайы көйлек әкелиўи мүмкин. Қудалар аўыл ғаррылары ушын <<тақыя пай>> деп тоғыз тақыя әкеледи. Қыз тәреп қызын жолға шығарар алдынан усы ўақытқа шекем жасап қойған жасаўын күйеў тәрептен келген көликке тийеп, қызды узатып салады. Қыз босағадан шығып атырып, ата-анасының баўырынан узап кеткиси келмей, ойнап-өскен босағасын қыймай, <<ҳәўжар>> айтады. Ҳәўжар айтқан ўақытта тойханада көзине жас алмаған адам қалмайды. Соның ушында ата-бабамыз <<қыз бала бир елди қуўантып, бир елди суўалтады>> деген. *Ҳ А Ў Ж А Р* Қыз: Өз әкемниң есиги, Жупар есик ҳаўжар, Кирсем-шықсам шашымды, Сыйпар есик ҳаўжар. Қәйин атамның есиги, Шеңгел есик ҳаўжар, Кирсем-шықсам шашымды, Жулар есик ҳаўжар. Жеңгеси: Алып келген базардан, Ала қашар ҳаўжар, Қара мақпал сәўкеле, Шашың басар ҳаўжар. Бунда әкем қалды деп, Ғам жемегил ҳаўжар, Жақсы болса қәйин атаң, Орнын басар ҳаўжар. Қыз: Есик алды қара суў, Майдан болсын ҳаўжар, Ақ жүзимди көргенлер, Айнам болсын ҳаўжар. Қәйин атам өз әкемдей, Қайдан болсын ҳаўжар. Жеңгеси: Пайғамбардың бир қызын, Әлий алған ҳаўжар, Қыз алып, қыз берисиў, Соннан қалған ҳаўжар. Қыз: Сылдыр-сылдыр қамысқа, Сырғам түсти ҳаўжар, Сырын билмес жат елге, Шегим түсти ҳаўжар. Жеңгеси: Жылама қыз, жылама, Тойың болар ҳаўжар, Жәнәўиттен жасалған, Үйиң болар ҳаўжар. Қәйин енең күн менен, Айың болар ҳаўжар, Ол иниңниң орнына, Қәйин болар ҳаўжар, <<Ақ қыз>> десең бийкешиң, Тайын болар ҳаўжар.

&lt;&lt;Қыз узатыў&gt;&gt; https://t.me/ibratli_sozler
<<Қыз узатыў>> https://t.me/ibratli_sozler

📹 Қарақалпақша қосық, халық сазы https://t.me/ibratli_sozler

ИБАДАТТЫҢ СЫЙЛЫҒЫ Бир адамның үйинде уны қалмағанлығы себепли бийдайды ешегине артып, дигирман тәрепке қарай жолға шығады. Жетип барғаннан кейин, бийдайды түсирип алыўы менен ешеги қашып кетипти. Бийдайды дигирманшыға тапсырып ешегин излеп таба алмайды. Бул арада жума намазы ўақты жақынласқан еди: “Сен қайжерге барсаң барабер, мен Рәббимниң ҳүзирине бараман” деп, мешит тәрепке қарай жүрипти. Жума намазын оқып болғанынан кейин, ойланыпты, дигирманшыдан унды алып кетейин десе, ешеги жоқ, иләжсыздан үйине қайтыпты. Үйине жақынласа, ешегиниң даўысын еситип, ҳайран болып ҳаялынан сораса, ешектиң өзи үйге қайтып келгенин айтады. Ҳаялы оған: “Ағасы, аш болған-да шығарсыз, жаңа дигирманға тартылған уннан нан жаўып едим, жеп алың” – дейди. Сонда ол, ун дигирманда қалды, үйде ун қалмаған болса, ҳаялым қайсы уннан нан жаўғанын ҳайран қалып сорайды. Ҳаялы: “Қоңсымыз, ол да дигирманға барған екен, дигирманшы бизиң унымызды да қосып берип жиберипти. Унымыз да, ешегимиз де өз аяғы менен кирип келди”, - дейди күлип. Күйеўи болып өткен ислерди еситип: “Рәббим мен сениң бир әмириңди әззилик пенен орынладым, есесине сонша мүтәжлигимди питкердиң. Саған қанша шүкир етсек те аз, Өзиңе есапсыз шүкирлер болсын!” – деп сүйинген екен. Пост: alberuniyuz каналынан https://t.me/ibratli_sozler

Бир данышпаннан сорапты: «Сизиӊ неше достыӊыз бар?» Ол былай деп жуўап берди: «Ҳәзир билмеймен, себеби дүнья маған күлип тур
Бир данышпаннан сорапты: «Сизиӊ неше достыӊыз бар?» Ол былай деп жуўап берди: «Ҳәзир билмеймен, себеби дүнья маған күлип тур ҳәм ҳәмме адамлар мениӊ достым. Мен буны тек дүнья меннен жүз бурғанда ғана биле аламан. Себеби, дослардыӊ еӊ жақсысы — заман сеннен жүз бурғанда саған қарай келгени!» https://t.me/ibratli_sozler

Кеўлиң сүймеген адамға, Көкиректи кең ашып болмас, Кирген тикенди табанға, Тағы қайттан басып болмас. Той бар жерде — тамаша
Кеўлиң сүймеген адамға, Көкиректи кең ашып болмас, Кирген тикенди табанға, Тағы қайттан басып болмас. Той бар жерде — тамаша бар, Жан бар жерде — жаназа бар, Ким бар дәрттен арашалар, Ҳеш ким оннан қашып болмас. Ҳәр кимниң өз ақылы бар, Ақылға сай нақылы бар, Ҳәр нәрсениң ақыйры бар, Бәрин хатқа жазып болмас. Ҳәзир тал қарманар заман, Азлық етер он бармақ ҳәм. Дүнья деген дилбар оған, Ҳеш ким мендей ашық болмас. Көзинше жақлап, сыртынан, Мақта оның ел-журтын ҳәм. Айтқан сөзинде тур мудам, Оннан артық дослық болмас. Толыбай айтар, күйип-жанып, Дос-яранды дурыс танып, Жасамасаң ғурыжланып, Қуры жаның — қосық болмас. ✍✍✍Толыбай Қабулов https://t.me/ibratli_sozler