<<ҚЫЗ УЗАТЫЎ>>
Белгиленген сәршемби күни, ямаса ара алыс болса оннан бир күн бурын қудалар ҳәм қызды алып кетиўши күйеў топары еки-үш жигит болып қыздың үйине келеди. Қудалар туўры босағаға келеди де, күйеўлер аўылдың туў сыртында турып қалады.
Аўылдың бала-шағалары жыйналып, күйеўден қәде алып ишке киргизиў ушын алдына шығады. Бундайда ҳеш бир үйден қатнаспаған қыз-келиншек қалмаўы керек. Сонлықтан, олардың бас-аяғы жыйналаман дегенше арадан бираз ўақыт өтип кетиўи мүмкин. Лекин, күйеўлер шыдамсызлық етип үйге жақынлап келсе ямаса диз бүгип отырса, бул қатты айып болады. Күйеўдиң ең бир сыналатуғын күни усы, қалыңлығын алып кететуғын күн.
Ҳаяллар жыйналып келип, қәде сорай баслайды. Күйеўдиң жигит ағасы да, гәпке шешен, тақыўа адамнан таңланады. Ол ҳаяллардың сораған қәделерин ҳәзил менен сынап-минеп қыз жеңгелерин бираз албыратыўы мүмкин. Сонда да ҳаяллар <<көпир қәде>>, <<мешит қәде>>, <<бақан керер қәде>> сыяқлы бир неше қәделердиң атын таўып алады. Үйдиң алдына келген жерде бир кемпир жигит ағасының алдыга келип, жортаға жығылады. Оның ушын ҳаяллар <<кемпир өлди>> қәде алады. Апаларының изине ерип жүрген кишкене балалар <<шабдырма қәде>> сорайды. Күйеўлер ең соңғы қәде--<<босаға қәде>>ни берип ишке киреди.
Күйеўлер бир қатар шай ишип болғаннан кейин узатылатуғын қыздың дослары ямаса сиңлилери келип, күйеўдиң қалтасын қарайды. Күйеў орнынан түргелип турып, балдызларының <<қалта қарар>> қәдесин алыўына толық мүмкиншилик береди. Күйеўдиң ҳәмме қалтасы аз болсын, көп болсын бос болмаўы тийис.
Күйеўлерге кейинги қәде аўқат пенен бирге төс қойылады. Төстен күйеўлеп келген ҳәмме жигитлер аўыз тийип, қәдесин берип қайтарыўы керек.
Усындай қәде алыў қуда тәрепке де қолланылады. Оларға аўылдың жасы қайтыңқыраған ҳаяллары қуман менен ләген алып келип <<суў қуяр>> қәде сорайды. Гейде айырым қудалар қытымырлық етип, қәде бергиси келмесе, басынвн қуман менен суў қуйып жибереди. Суў жағасына сорғалап аққанын көрген басқа қудалар дәрҳал қалталарына қол суғыў менен болады.
Аўыл жасы үлкенлери қудалар менен бирге отырады. Аўқат жеп болынған соң, ямаса аўқаттвн алдын қыздың ата-анасын шақырып, баўызлаў қуда {жигиттиң әкеси} қалың мал ушын алып келген түйиншигин усынады. Қыздың әкеси түйиншикти алып, сол жерде отырған аўыл жасы үлкенлерине бир-еки сомнан <<қалта баў>> берип шығады.
Қудалар болажақ келин ушын алып келген <<бес кийим>>ди ортаға қояды. Ол төмендегилерден ибарат болыўы керек: бас кийим ушын--сәўкеле, жағалы камзол, жеңсиз бәшпент, көк көйлек ҳәм етик.
Сәўкеле менен көк көйлекке қурбы келмегенлер сәўкеле ушын--орамал, көк көйлек ушын--шайы көйлек әкелиўи мүмкин.
Қудалар аўыл ғаррылары ушын <<тақыя пай>> деп тоғыз тақыя әкеледи.
Қыз тәреп қызын жолға шығарар алдынан усы ўақытқа шекем жасап қойған жасаўын күйеў тәрептен келген көликке тийеп, қызды узатып салады.
Қыз босағадан шығып атырып, ата-анасының баўырынан узап кеткиси келмей, ойнап-өскен босағасын қыймай, <<ҳәўжар>> айтады. Ҳәўжар айтқан ўақытта тойханада көзине жас алмаған адам қалмайды. Соның ушында ата-бабамыз <<қыз бала бир елди қуўантып, бир елди суўалтады>> деген.
*Ҳ А Ў Ж А Р*
Қыз: Өз әкемниң есиги,
Жупар есик ҳаўжар,
Кирсем-шықсам шашымды,
Сыйпар есик ҳаўжар.
Қәйин атамның есиги,
Шеңгел есик ҳаўжар,
Кирсем-шықсам шашымды,
Жулар есик ҳаўжар.
Жеңгеси:
Алып келген базардан,
Ала қашар ҳаўжар,
Қара мақпал сәўкеле,
Шашың басар ҳаўжар.
Бунда әкем қалды деп,
Ғам жемегил ҳаўжар,
Жақсы болса қәйин атаң,
Орнын басар ҳаўжар.
Қыз:
Есик алды қара суў,
Майдан болсын ҳаўжар,
Ақ жүзимди көргенлер,
Айнам болсын ҳаўжар.
Қәйин атам өз әкемдей,
Қайдан болсын ҳаўжар.
Жеңгеси:
Пайғамбардың бир қызын,
Әлий алған ҳаўжар,
Қыз алып, қыз берисиў,
Соннан қалған ҳаўжар.
Қыз:
Сылдыр-сылдыр қамысқа,
Сырғам түсти ҳаўжар,
Сырын билмес жат елге,
Шегим түсти ҳаўжар.
Жеңгеси:
Жылама қыз, жылама,
Тойың болар ҳаўжар,
Жәнәўиттен жасалған,
Үйиң болар ҳаўжар.
Қәйин енең күн менен,
Айың болар ҳаўжар,
Ол иниңниң орнына,
Қәйин болар ҳаўжар,
<<Ақ қыз>> десең бийкешиң,
Тайын болар ҳаўжар.