КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ
Open in Telegram
КЕҢЕСБАЙ РАХМАНОВ – драматург, Қарақалпақстан халық шайыры, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты, жазыўшы. Бул каналларға ағза болыўды да умытпаң! 👇👇👇 @SHawdirbay_Seyitov @Tolepbergen_Matmuratov @Tengelbay_Sarsenbaev
Show more909
Subscribers
-124 hours
-37 days
-1030 days
Data loading in progress...
Similar Channels
Tags Cloud
No data
Any problems? Please refresh the page or contact our support manager.
Incoming and Outgoing Mentions
---
---
---
---
---
---
Attracting Subscribers
September '26
September '26
+7
in 0 channels
August '26
+29
in 3 channels
Get PRO
July '26
+29
in 8 channels
Get PRO
June '26
+18
in 4 channels
Get PRO
May '26
+29
in 2 channels
Get PRO
April '26
+36
in 2 channels
Get PRO
March '26
+45
in 4 channels
Get PRO
February '26
+83
in 20 channels
Get PRO
January '26
+49
in 4 channels
Get PRO
December '25
+42
in 3 channels
Get PRO
November '25
+64
in 5 channels
Get PRO
October '25
+49
in 4 channels
Get PRO
September '25
+48
in 8 channels
Get PRO
August '25
+25
in 6 channels
Get PRO
July '25
+35
in 7 channels
Get PRO
June '25
+32
in 2 channels
Get PRO
May '25
+78
in 3 channels
Get PRO
April '25
+68
in 2 channels
Get PRO
March '25
+60
in 7 channels
Get PRO
February '25
+69
in 4 channels
Get PRO
January '25
+45
in 0 channels
Get PRO
December '24
+50
in 4 channels
Get PRO
November '24
+72
in 4 channels
Get PRO
October '24
+58
in 2 channels
Get PRO
September '24
+69
in 4 channels
Get PRO
August '24
+35
in 1 channels
Get PRO
July '24
+34
in 3 channels
Get PRO
June '24
+40
in 1 channels
Get PRO
May '24
+47
in 4 channels
Get PRO
April '24
+57
in 1 channels
Get PRO
March '24
+97
in 3 channels
Get PRO
February '24
+34
in 2 channels
Get PRO
January '24
+33
in 1 channels
Get PRO
December '23
+54
in 0 channels
Get PRO
November '23
+44
in 2 channels
Get PRO
October '23
+13
in 0 channels
Get PRO
September '23
+23
in 0 channels
Get PRO
August '23
+6
in 0 channels
Get PRO
July '23
+7
in 0 channels
Get PRO
June '23
+15
in 0 channels
Get PRO
May '23
+32
in 0 channels
Get PRO
April '23
+27
in 0 channels
Get PRO
March '23
+36
in 0 channels
Get PRO
February '23
+20
in 0 channels
Get PRO
January '23
+45
in 0 channels
Get PRO
December '22
+28
in 0 channels
Get PRO
November '22
+97
in 0 channels
Get PRO
October '22
+46
in 0 channels
Get PRO
September '22
+49
in 0 channels
Get PRO
August '22
+17
in 0 channels
Get PRO
July '22
+26
in 0 channels
Get PRO
June '22
+27
in 0 channels
Get PRO
May '22
+14
in 0 channels
Get PRO
April '22
+12
in 0 channels
Get PRO
March '22
+21
in 0 channels
Get PRO
February '22
+13
in 0 channels
Get PRO
January '22
+22
in 0 channels
Get PRO
December '21
+19
in 0 channels
Get PRO
November '21
+11
in 0 channels
Get PRO
October '21
+26
in 0 channels
Get PRO
September '21
+24
in 0 channels
Get PRO
August '21
+17
in 0 channels
Get PRO
July '21
+4
in 0 channels
Get PRO
June '21
+9
in 0 channels
Get PRO
May '21
+13
in 0 channels
Get PRO
April '21
+16
in 0 channels
Get PRO
March '21
+5
in 0 channels
Get PRO
February '210
in 0 channels
Get PRO
January '210
in 0 channels
Get PRO
December '20
+298
in 0 channels
| Date | Subscriber Growth | Mentions | Channels | |
| 08 September | 0 | |||
| 07 September | +2 | |||
| 06 September | 0 | |||
| 05 September | +1 | |||
| 04 September | +1 | |||
| 03 September | +1 | |||
| 02 September | +1 | |||
| 01 September | +1 |
Channel Posts
Х Х Х
Саўаштан кейинги жаралы
Ләшкердей созылып жатырман.
Көзиме бир гөззал жамалы
Елеслер алыстан, жақыннан.
Гә оның жүзлери жайнайды,
Гә кеўлин тайғанақ жол өтер.
Ол мени сүргинге айдайды,
Ол мени бейишке жөнетер.
Гә оның тилинде бар налыш,
Гә көзи шадлыққа толады.
Ол маған болады алданыш,
Ол маған ақырет болады.
Өтеди күнлерим усылай,
Басқаның отынан тоңаман.
Жақынлап киятқан, қысым – әй,
Урысаң кеўлимди тонаған.
Саўаштан кейинги жаралы
Ләшкердей созылып жатырман.
Көзимде бир гөззал жамалы
Гә жанып, гә сөнип атырған…
1993 ж.
| 2 | НАМ ЖЕРЛЕНГЕН КҮН
Кеттиң сен…қара жер толды ма?
Билемен, кетпедиң қыдырып.
Мийирман қолларың орнына
Ғалма – ғал силтейди жудырық.
Әкемниң сақалы қопырап,
Жылады…сезбейсең буны ҳеш.
Барғаның суп – суўық топырақ,
Ал, үйде гүрлейди темир пеш.
Пейитиң кеткенше шыдадым,
Алдамшы үмитке байланып.
Кеткен соң…өкирип жыладым,
Анасыз жетимге айланып.
Ялғаншы, айтқаның болды ма?
Тиримен деў де бир өтирик.
Қайырқом сөзлериң орнына
Тәғдирден еситтим жекирик.
Кетер ме деп едим сәл кешлеў,
Буншама асықтың, анажан?
Кеткели азайды әлпешлеў,
Азайып баратыр жанажан.
Қысқы аяз…анажан, тоңды ма,
Тоңды ма геўдеңниң сүйеги?
Жетимди жубатыў орнына
Бул өмир еңсемнен түйеди…
1993 ж. (Сууретте К.Рахманов анасы) | 294 |
| 3 | * * *
Bir sóz artıq, bir sóz kemis bolmaǵay,
Tuwılǵan jer, táriplewim dım qıyın.
Meni seniń qúdiretiń qollaǵay,
Ámiwdáryań bolıp búgin bulqıyın!
Sıypalamay názik sózdiń zamanı,
Ótip ketti.(Aytıw kerek jasırmay).
Súyiw ushın házirginiń adamı:
Nur shashayın sónbes Taqıyatasıńday!
Qurı maqtaw jaǵa bermes qulaqqa,
Jaqsı sózler qala berer az bolıp.
Xalıqqa kerek bolıw ushın bul waqta:
Ústirtińde atılayın gaz bolıp!
Aljı-buljı gáp shıqpaǵay tilimnen,
Sóz aytqan soń tıńlamay ma samal da?
Jurtlar jaqsı kóriw ushın búginnen
Írǵalayın daqıl bolıp dalańda!
Sóylegende qalǵay hámme tamsanıp!
Balıq dese moyını gúrt uzilgen
Qarekeńniń awıw ushın ańsarı –
Taǵı Aralǵa aylanayın búgin men!
Bayramlarda náresteler kótergen,
Sharday sózden ushar seniń húreyiń.
Bárhá alǵıs alıw ushın bótennen:
Baylıq tawı bolıp kókti tireyin!
Sóz mánisin ańǵaradı bala da,
Ańsat emes kewildiń shın tolǵawı,
Tuwılǵan jer, dáslep sendey anaǵa,
Bir azamat perzent bolsam bolǵanı!
© Keńesbay Raxmanov
«Tań ashıǵı» toplamınan (1978)
Kanal: @Kengesbay_Raxmanov
@Kengesbay_Raxmanov_topari | 285 |
| 4 | * * *
Бир сөз артық, бир сөз кемис болмағай,
Туўылған жер, тәриплеўим дым қыйын.
Мени сениң қүдиретиң қоллағай,
Әмиўдәряң болып бүгин булқыйын!
Сыйпаламай нәзик сөздиң заманы,
Өтип кетти.(Айтыў керек жасырмай).
Сүйиў ушын ҳәзиргиниң адамы:
Нур шашайын сөнбес Тақыятасыңдай!
Қуры мақтаў жаға бермес қулаққа,
Жақсы сөзлер қала берер аз болып.
Халыққа керек болыў ушын бул ўақта:
Үстиртиңде атылайын газ болып!
Алжы-булжы гәп шықпағай тилимнен,
Сөз айтқан соң тыңламай ма самал да?
Журтлар жақсы көриў ушын бүгиннен
Ырғалайын дақыл болып далаңда!
Сөйлегенде қалғай ҳәмме тамсанып!
Балық десе мойыны гүрт узилген
Қарекеңниң аўыў ушын аңсары –
Тағы Аралға айланайын бүгин мен!
Байрамларда нәрестелер көтерген,
Шардай сөзден ушар сениң ҳүрейиң.
Бәрҳә алғыс алыў ушын бөтеннен:
Байлық таўы болып көкти тирейин!
Сөз мәнисин аңғарады бала да,
Аңсат емес кеўилдиң шын толғаўы,
Туўылған жер, дәслеп сендей анаға,
Бир азамат перзент болсам болғаны!
© Кеңесбай Рахманов
«Таң ашығы» топламынан (1978)
Канал: @Kengesbay_Raxmanov
@Kengesbay_Raxmanov_topari | 284 |
| 5 | Ғәрезсизлигимиздиң 35 жыллық байрамы мүбәрек болсын!
Бәрше халкымызды Өзбекстан Республикасының 35 жыллық ғәрезсизлик байрамы менен шын кеўилден қутлықлаймыз! Ҳәмийше елимиз тыныш, аспанымыз ашық, дослығымыз беккем болсын! | 312 |
| 6 | ЎАТАН
Ўатан деген түсиникти соң уқтым,
Алдағаным – билдим десем ертеден.
Ўатан менен жаслығымда жолықтым,
Ҳәм ол жасар сезимимде ең терең.
«Әлипбе» ден оқытса да муғаллим,
Түсинбеппен онда Ўатан парқына.
Тек, мәнисин соңлаў ғана уға алдым,
Керегимди билген гезде халқыма.
Соншама кең Ўатанымды, макеттей
Жүрегиме жайғастырдым, мақтаңлар !
Өле қойсам, о дүньяға әкетпей,
Бул Ўатанды қалдырарман. Сақлаңлар!
1981-жыл.
Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov | 241 |
| 7 | Ғәрезсизлик туўралы
Жатласқанлар бизге келсин,
Баратырған жолды көрсин.
Мәңгиликке жасай берсин
Ғәрезсизлик, ғәрезсизлик!
Гузарымыз алға баслар,
Оннан барар гилең дослар.
Батыл турде қәдем таслар
Ғәрезсизлик, ғәрезсизлик!
Төрт тәрепим ашық айдын,
Журегимде жоқдур қайғым.
Қаршығадай қанат жайдың
Ғәрезсизлик, ғәрезсизлик!
Жоқ бурынғы жалтағымыз,
Ҳәмме нәрсе-ортағымыз,
Досларға сый тартарымыз-
Ғәрезсизлик, ғәрезсизлик!
Енди дәрьям шалқып ағар,
Қуслар еркин қанат қағар,
Бунда мәңги қоныс табар
Ғәрезсизлик, ғәрезсизлик!
Енди азат әрманым да,
Мәнзил гөзлер кәрўаным да,
Мениң алтын дәўраным да-
Ғәрезсизлик, ғәрезсизлик!
Кеңесбай Рахманов
Канал 👉 @Kengesbay_Raxmanov | 362 |
| 8 | Өмиринше бир толмады аршамыз,
Бир айлықты күтип отыр қанша аўыз.
Ишимизден бөз болсақ та мың жамаў,
Сыртымыздан жалт-жулт еткен паршамыз.
Жерин таплап душпанының әскери,
Бабалар да жыйнамаған дәскени.
Биз халықпыз орын таппай бәленттен,
Несийбесин шөпшеп терген пәстеги.
Еле биз де қосылармыз қатарға,
Жолға шығар ешек арба, ат арба.
Биз халықпыз не қыямет күнде де
Ийелигин жоғалтпаған Ўатанға.
Бул халқымнан көргеним жоқ жат қылық,
Жағымпаздан жийиркенер жақтылық.
Жағымпаздың мамығының орнына,
Унар оған шынлықтағы қаттылық.
Бул халқымнан көргеним жоқ жаманлық,
Ҳәр бириниң көкиреги – далаңлық.
Наўқасланып, төсек тартып жатса да,
Басқаларға тилегени аманлық.
1999 | 337 |
| 9 | * * *
Bir sóz artıq, bir sóz kemis bolmaǵay,
Tuwılǵan jer, táriplewim dım qıyın.
Meni seniń qúdiretiń qollaǵay,
Ámiwdáryań bolıp búgin bulqıyın!
Sıypalamay názik sózdiń zamanı,
Ótip ketti.(Aytıw kerek jasırmay).
Súyiw ushın házirginiń adamı:
Nur shashayın sónbes Taqıyatasıńday!
Qurı maqtaw jaǵa bermes qulaqqa,
Jaqsı sózler qala berer az bolıp.
Xalıqqa kerek bolıw ushın bul waqta:
Ústirtińde atılayın gaz bolıp!
Aljı-buljı gáp shıqpaǵay tilimnen,
Sóz aytqan soń tıńlamay ma samal da?
Jurtlar jaqsı kóriw ushın búginnen
Írǵalayın daqıl bolıp dalańda!
Sóylegende qalǵay hámme tamsanıp!
Balıq dese moyını gúrt uzilgen
Qarekeńniń awıw ushın ańsarı –
Taǵı Aralǵa aylanayın búgin men!
Bayramlarda náresteler kótergen,
Sharday sózden ushar seniń húreyiń.
Bárhá alǵıs alıw ushın bótennen:
Baylıq tawı bolıp kókti tireyin!
Sóz mánisin ańǵaradı bala da,
Ańsat emes kewildiń shın tolǵawı,
Tuwılǵan jer, dáslep sendey anaǵa,
Bir azamat perzent bolsam bolǵanı!
© Keńesbay Raxmanov
«Tań ashıǵı» toplamınan (1978)
Kanal: @Kengesbay_Raxmanov
@Kengesbay_Raxmanov_topari | 287 |
| 10 | * * *
Бир сөз артық, бир сөз кемис болмағай,
Туўылған жер, тәриплеўим дым қыйын.
Мени сениң қүдиретиң қоллағай,
Әмиўдәряң болып бүгин булқыйын!
Сыйпаламай нәзик сөздиң заманы,
Өтип кетти.(Айтыў керек жасырмай).
Сүйиў ушын ҳәзиргиниң адамы:
Нур шашайын сөнбес Тақыятасыңдай!
Қуры мақтаў жаға бермес қулаққа,
Жақсы сөзлер қала берер аз болып.
Халыққа керек болыў ушын бул ўақта:
Үстиртиңде атылайын газ болып!
Алжы-булжы гәп шықпағай тилимнен,
Сөз айтқан соң тыңламай ма самал да?
Журтлар жақсы көриў ушын бүгиннен
Ырғалайын дақыл болып далаңда!
Сөйлегенде қалғай ҳәмме тамсанып!
Балық десе мойыны гүрт узилген
Қарекеңниң аўыў ушын аңсары –
Тағы Аралға айланайын бүгин мен!
Байрамларда нәрестелер көтерген,
Шардай сөзден ушар сениң ҳүрейиң.
Бәрҳә алғыс алыў ушын бөтеннен:
Байлық таўы болып көкти тирейин!
Сөз мәнисин аңғарады бала да,
Аңсат емес кеўилдиң шын толғаўы,
Туўылған жер, дәслеп сендей анаға,
Бир азамат перзент болсам болғаны!
© Кеңесбай Рахманов
«Таң ашығы» топламынан (1978)
Канал: @Kengesbay_Raxmanov
@Kengesbay_Raxmanov_topari | 213 |
| 11 | * * *
Бир сөз артық, бир сөз кемис болмағай,
Туўылған жер, тәриплеўим дым қыйын.
Мени сениң қүдиретиң қоллағай,
Әмиўдәряң болып бүгин булқыйын!
Сыйпаламай нәзик сөздиң заманы,
Өтип кетти.(Айтыў керек жасырмай).
Сүйиў ушын ҳәзиргиниң адамы:
Нур шашайын сөнбес Тақыятасыңдай!
Қуры мақтаў жаға бермес қулаққа,
Жақсы сөзлер қала берер аз болып.
Халыққа керек болыў ушын бул ўақта:
Үстиртиңде атылайын газ болып!
Алжы-булжы гәп шықпағай тилимнен,
Сөз айтқан соң тыңламай ма самал да?
Журтлар жақсы көриў ушын бүгиннен
Ырғалайын дақыл болып далаңда!
Сөйлегенде қалғай ҳәмме тамсанып!
Балық десе мойыны гүрт узилген
Қарекеңниң аўыў ушын аңсары –
Тағы Аралға айланайын бүгин мен!
Байрамларда нәрестелер көтерген,
Шардай сөзден ушар сениң ҳүрейиң.
Бәрҳә алғыс алыў ушын бөтеннен:
Байлық таўы болып көкти тирейин!
Сөз мәнисин аңғарады бала да,
Аңсат емес кеўилдиң шын толғаўы,
Туўылған жер, дәслеп сендей анаға,
Бир азамат перзент болсам болғаны!
© Кеңесбай Рахманов
«Таң ашығы» топламынан (1978)
Канал: @Kengesbay_Raxmanov
@Kengesbay_Raxmanov_topari | 1 |
| 12 | * * *
Бир сөз артық, бир сөз кемис болмағай,
Туўылған жер, тәриплеўим дым қыйын.
Мени сениң қүдиретиң қоллағай,
Әмиўдәряң болып бүгин булқыйын!
Сыйпаламай нәзик сөздиң заманы,
Өтип кетти.(Айтыў керек жасырмай).
Сүйиў ушын ҳәзиргиниң адамы:
Нур шашайын сөнбес Тақыятасыңдай!
Қуры мақтаў жаға бермес қулаққа,
Жақсы сөзлер қала берер аз болып.
Халыққа керек болыў ушын бул ўақта:
Үстиртиңде атылайын газ болып!
Алжы-булжы гәп шықпағай тилимнен,
Сөз айтқан соң тыңламай ма самал да?
Журтлар жақсы көриў ушын бүгиннен
Ырғалайын дақыл болып далаңда!
Сөйлегенде қалғай ҳәмме тамсанып!
Балық десе мойыны гүрт узилген
Қарекеңниң аўыў ушын аңсары –
Тағы Аралға айланайын бүгин мен!
Байрамларда нәрестелер көтерген,
Шардай сөзден ушар сениң ҳүрейиң.
Бәрҳә алғыс алыў ушын бөтеннен:
Байлық таўы болып көкти тирейин!
Сөз мәнисин аңғарады бала да,
Аңсат емес кеўилдиң шын толғаўы,
Туўылған жер, дәслеп сендей анаға,
Бир азамат перзент болсам болғаны!
© Кеңесбай Рахманов
«Таң ашығы» топламынан (1978)
Канал: @Kengesbay_Raxmanov
@Kengesbay_Raxmanov_topari | 1 |
| 13 | Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли канал ағзалары. Бир өтиниш пенен мүрәжәәт етпекшимен.
Хабарыңыз бар, опен бюджетке даўыс жыйнаў процеси жүрип атыр. Қатардан қалмай биз де көшемизди асфалтлаўға қойдық. Соған даўыс жыйнаўға жәрдем етсеңизлер.
Төменде силтеме қалдыраман, жәрдем етиўшилер сол жерден даўыс берсе болады, сайтта не деп шығатуғына сүўретлерде көрсетилген.
Сизлерден ӨТИНИШ ҲӘМ ИЛТИМАС.🙏🙏🙏🙏🙏
https://openbudget.uz/boards/initiatives/initiative/55/aff79c29-d799-4966-b516-c7298429960a | 311 |
| 14 | * * *
Kóp jigit bar iske maman, kúshli, jas,
Qayda kútpes pullı miynet bazarı?
Biraq, olar seni taslap kete almas,
Sende jegen bir tislem nan mazalı.
Qádirińdi biler me el gezbegen –
Alladan da aldın aytıp atıńdı?
Basqa jaqta xorlanǵansha sóz benen,
Sende jegen bir judırıq tatımlı.
Muxabbat – bul ashıqlardıń móldegi,
Lazzeti onıń teń bolsa da ekewge –
Uzatılǵan qızlar biziń eldegi,
Sıńsıp jılar tuwǵan jurttan keterde.
Námártler de,
Jalatay da bar sende,
Olardı hesh ayamadıń, qamadıń.
Sen teris qarap qanshama jek kórseńde,
Olardı da saǵındırar jamalıń.
Kóp qarshıǵań ushıp ketti alısqa,
Búgin bilim shıńlarına baylanar.
Erteń sherik bolıp senlik namısqa
Saǵınıshtan tuǵırına aylanar.
Sennen ayırıw – kokirekten atıwday,
Ayralıqqa hasla datım shıdamas.
Basqa jaqqa sapar sheksem, yapırmay,
Tasbaqaday jolım sira mandımas
– Watan! – deseń parqına jet sózińniń,
Ańsat emes Watan menen súyispek.
Ullı Watan túsinigin sezindim,
Seniń uwıs topıraǵıńdı iyiskep…
© Keńesbay Raxmanov
«Tań ashıǵı» toplamınan (1978)
Kanal: @Kengesbay_Raxmanov
@Kengesbay_Raxmanov_topari | 358 |
| 15 | * * *
Көп жигит бар иске маман, күшли, жас,
Қайда күтпес пуллы мийнет базары?
Бирақ, олар сени таслап кете алмас,
Сенде жеген бир тислем нан мазалы.
Қәдириңди билер ме ел гезбеген –
Алладан да алдын айтып атыңды?
Басқа жақта хорланғанша сөз бенен,
Сенде жеген бир жудырық татымлы.
Мухаббат – бул ашықлардың мөлдеги,
Лаззети оның тең болса да екеўге –
Узатылған қызлар бизиң елдеги,
Сыңсып жылар туўған журттан кетерде.
Нәмәртлер де,
Жалатай да бар сенде,
Оларды ҳеш аямадың, қамадың.
Сен терис қарап қаншама жек көрсеңде,
Оларды да сағындырар жамалың.
Көп қаршығаң ушып кетти алысқа,
Бүгин билим шыңларына байланар.
Ертең шерик болып сенлик намысқа
Сағыныштан туғырына айланар.
Сеннен айырыў – кокиректен атыўдай,
Айралыққа ҳасла датым шыдамас.
Басқа жаққа сапар шексем, япырмай,
Тасбақадай жолым сира мандымас
– Ўатан! – десең парқына жет сөзиңниң,
Аңсат емес Ўатан менен сүйиспек.
Уллы Ўатан түсинигин сезиндим,
Сениң уўыс топырағыңды ийискеп…
© Кеңесбай Рахманов
«Таң ашығы» топламынан (1978)
Канал: @Kengesbay_Raxmanov
@Kengesbay_Raxmanov_topari | 279 |
| 16 | Алдымнан аңқырған ешеклер,
Артымнан гүўлеген өсеклер,
Қапталдан зыңғытқан кесеклер,
Мени көп жолымнан қалдырды.
Балалық қаңғырған соқпағым,
Жаслығым өртенген отларым,
Ҳәр күнги жазықсыз тоқпағым,
Мени көп жолымнан қалдырды.
Енди мен асығып нетермен,
Көп жолды көрместен кетермен. | 395 |
| 17 | Төртликлер
* * *
Мен дәряман, саға жағым әспекте,
Аяқ бетим толып атыр сәпсетке.
Еки ортада шаўып жүрип қартайдым,
Ҳалласлаған кеўлим қурғыр жас тек те…
* * *
Өмирге биз келмегенбиз удайы
Болыў ушын биреўлердиң қудайы.
Бул өмирдиң тең жарпысы кеминде,
Басқалардың қулы болар пидайы.
* * *
Биреў ағып сөнер жулдыздай,
Биреў сөнер турған жеринде.
Ал, сен сөнбе, шоқлы қумбыздай
Мени қыздырыўдан еринбе.
* * *
Жас гезимде көп тыңладым басқаны,
Елеберин жалықпайман тыңлаўдан.
Гей биреўлер даналықтың аспаны,
Мен тереңде жатырған бир шыңраўман.
* * *
Мен де қартаярман, сен де кемпир бол,
Кекселик самалы менен желпир бол.
Ғаррылық жақындур нәрестеликке,
Мен суўпың болайын, жаным, сен пир бол!
* * *
Дәрьялар ағады аяққа,
Аяқтан сағаға ақпайды.
Иним-аў, баратсаң қаяққа?
Кесекти ағаға атпайды…
* * *
Өзиңниң даўыңды даўламай,
Өзгениң арына шапқаның –
Сезилсин күтпеген саўғадай,
Адамлық қәсийет тапқаның…
* * *
Бултлардан сорайман: «Жаўарсыз?»
Жылжыйды жуўапсыз, саўалсыз.
Қуў дала талықсыр шөлиркеп,
Көсилер даўылсыз, самалсыз.
* * *
Жигит деген бола қойса ҳәкери,
Ҳеш нәрседен бола билмес қәтери.
Өзимдики деп ҳеш қашан пәмлемес,
Өмирдеги анаў-мынаў қәтени.
1993-жыл.
Кеңесбай Рахманов
@Kengesbay_Raxmanov | 430 |
| 18 | Х Х Х
Жигит деген бола қойса ҳәкери,
Ҳеш нәрседен бола билмес қәтери.
Өзимдики деп ҳеш қашан пәмлемес,
Өмирдеги анаў – мынаў қәтени.
1993 ж. | 283 |
| 19 | Х Х Х
Бултлардан сорайман: «Жаўарсыз?»
Жылжыйды жуўапсыз, саўалсыз.
Қуў дала талықсыр шөлиркеп,
Көсилер даўылсыз, самалсыз. | 1 |
| 20 | Х Х Х
Бултлардан сорайман: «Жаўарсыз?»
Жылжыйды жуўапсыз, саўалсыз.
Қуў дала талықсыр шөлиркеп,
Көсилер даўылсыз, самалсыз. | 294 |
