Baxıtlı SARÍBAEV
Open in Telegram
Саған аз-кем сөз унатсам, Басқа бахыт сорамайман. Ибрайым Юсупов Жас шайыр, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Қырғызстан Республикасы "Қырғыз ақын-жазыўшылары" жәмийетлик фонды ағзасы Бахытлы Сарыбаевтың дөретиўшилик каналы
Show more1 061
Subscribers
No data24 hours
-27 days
-2430 days
Data loading in progress...
Similar Channels
Tags Cloud
No data
Any problems? Please refresh the page or contact our support manager.
Incoming and Outgoing Mentions
---
---
---
---
---
---
Attracting Subscribers
September '26
September '26
+8
in 1 channels
August '26
+37
in 2 channels
Get PRO
July '26
+42
in 3 channels
Get PRO
June '26
+41
in 2 channels
Get PRO
May '26
+65
in 2 channels
Get PRO
April '26
+65
in 4 channels
Get PRO
March '26
+50
in 3 channels
Get PRO
February '26
+55
in 16 channels
Get PRO
January '26
+60
in 1 channels
Get PRO
December '25
+62
in 3 channels
Get PRO
November '25
+65
in 3 channels
Get PRO
October '25
+47
in 3 channels
Get PRO
September '25
+49
in 4 channels
Get PRO
August '25
+50
in 2 channels
Get PRO
July '25
+58
in 3 channels
Get PRO
June '25
+42
in 2 channels
Get PRO
May '25
+70
in 8 channels
Get PRO
April '25
+55
in 4 channels
Get PRO
March '25
+66
in 4 channels
Get PRO
February '25
+72
in 3 channels
Get PRO
January '25
+92
in 4 channels
Get PRO
December '24
+118
in 4 channels
Get PRO
November '24
+94
in 2 channels
Get PRO
October '24
+92
in 2 channels
Get PRO
September '24
+82
in 4 channels
Get PRO
August '24
+67
in 2 channels
Get PRO
July '24
+59
in 2 channels
Get PRO
June '24
+66
in 2 channels
Get PRO
May '24
+83
in 2 channels
Get PRO
April '24
+129
in 3 channels
Get PRO
March '24
+107
in 3 channels
Get PRO
February '24
+95
in 3 channels
Get PRO
January '24
+113
in 1 channels
Get PRO
December '23
+75
in 1 channels
Get PRO
November '23
+98
in 5 channels
Get PRO
October '23
+67
in 2 channels
Get PRO
September '23
+64
in 0 channels
Get PRO
August '23
+37
in 0 channels
Get PRO
July '23
+50
in 0 channels
Get PRO
June '23
+37
in 0 channels
Get PRO
May '23
+78
in 0 channels
Get PRO
April '23
+101
in 0 channels
Get PRO
March '23
+79
in 0 channels
Get PRO
February '23
+50
in 0 channels
Get PRO
January '23
+70
in 0 channels
Get PRO
December '22
+324
in 0 channels
Get PRO
November '22
+124
in 0 channels
Get PRO
October '22
+120
in 0 channels
Get PRO
September '22
+99
in 0 channels
Get PRO
August '22
+93
in 0 channels
Get PRO
July '22
+19
in 0 channels
Get PRO
June '22
+92
in 0 channels
Get PRO
May '22
+80
in 0 channels
Get PRO
April '22
+142
in 0 channels
Get PRO
March '22
+65
in 0 channels
Get PRO
February '22
+47
in 0 channels
Get PRO
January '22
+542
in 0 channels
Get PRO
December '21
+68
in 0 channels
Get PRO
November '21
+119
in 0 channels
Get PRO
October '21
+77
in 0 channels
Get PRO
September '21
+60
in 0 channels
Get PRO
August '21
+56
in 0 channels
Get PRO
July '21
+113
in 0 channels
Get PRO
June '21
+79
in 0 channels
Get PRO
May '21
+54
in 0 channels
Get PRO
April '21
+99
in 0 channels
Get PRO
March '21
+92
in 0 channels
Get PRO
February '21
+70
in 0 channels
Get PRO
January '21
+86
in 0 channels
Get PRO
December '20
+385
in 0 channels
| Date | Subscriber Growth | Mentions | Channels | |
| 07 September | +1 | |||
| 06 September | +1 | |||
| 05 September | 0 | |||
| 04 September | +5 | |||
| 03 September | 0 | |||
| 02 September | +1 | |||
| 01 September | 0 |
Channel Posts
Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
Бердәмбеттиң гәпи менен ишке кирген Мәўлен Тоймуратов "өзим-ақ жағып жиберейин" деди ме, әйўандағы қараңғылыққа көзин үйретпестен-ақ кире беристеги дийўалды сыйпады. Оннан бурын ишкерилеп үлгерген Жумагүл-Жумаш: "дийўалды сыйпалап не излеп жүр екен?..." деп таңлана жазлағанда әбжиллик пенен Сийсен айтты:
- Бул үй еле свет қурғыза алмай атыр.
Дийўалдың қолына жуққан шаңын қағып атыр еди Мәўлен:
- Үсейтип жүрип, коммунизмге бармақшымыз-аў!..
- Коммунизм, бул, пүткил елди электрлестириў! - Айтбай саўатсыз көрингиси келмей, көшелерде күнде оқып жүрген сүренин тәкирарлады.
Жумагүл-Жумаштың көп нәрсеге пәми алыса бермейтуғыны "ишкерилең" деп, мирәт етпейтуғыны Сийсенге мәлим, сол ушын ҳәм Жумагүлдиң орнына қысынып, шыбыжыңлады:
- Ҳаў, ишкерилемейсиз бе?...
- Япырмай бала! - Мәўлен таңланды ҳәм басын қыйқаңлатып сөйледи. - Қараңғыдан көз алартса ешкиниң көзи ҳәм жолбарыстың көзиндей жап-жасыл болып көринеди екен-аў!.. Ўайпырмай, мына әйўанның патасын-ай! Ҳаў, енди, бул ешкини сыртқа шығарып байлағанда болмаспеди, февраль ғой!..
- Байлағанда да болады! - деди Айтбай домком-финагент күлип. - Пәрманнан хабары бардур, "көзден тасалаў турсын" дегени шығар, ишкерилең, ақ сақаллар!..
Жумагүл-Жумаш бар көрпешелерин төсепти, Сийсен соған қуўанды ҳәм өзи ошақтың қасындағы әлле ким сүмгирип таслаған ләгенди сыртқа алып шығып кетти.
Жайдың иши әйўанға қарағанда жақтылаў, ақыры әйнеги қубладан ғой. Киргенлерден дизе бүккени тек Айтбай. Мәўленниң болса: "тексериўге шыққан тексериўин барған жерине дизе бүкпеўи, аўқат ишпеўи, орысшалап айтқанда принципиальный ҳәм честный болыўы кереклиги" тисинен тырнағына, мийинен қуйқасына шекем сиңип кеткен. "Бул қарақалпақты баспүкил орысластырмағанша оңбайды!" деген ой ийинине пагон таққан, отызыншы жыллардан бери санасын жайлап кеткен, сол ушын ҳәм ҳасла қолын табаққа урмайтуғын, қасық, қасық болғанда да қарақалпақый узын дәстели, жарманы шайып жиберип, алдын тосып ишетуғын ағаш қасық емес, қалайы болса да тыйық қасық сорататуғын Бердәмбет:
- Гүрсини әкел! - деўи мәтдал, бул үйден ондай нәрсениң усы бес жыллықта болыўы мүмкин емеслигин жақсы ғана билетуғын Сийсен: "Ҳәзир, ҳәзир!" деп сыртқа шыққаны менен қай үйге жуўырарын билмей бир зум дағдарды, бир қараса үйреншикли аяқлары оны қашшан столласып, гүрсилесип үлгерген Жердаштың үйине әкетип баратыр екен.
Ол Жердаштикинде көп егленген жоқ, қашшан винзаводқа қараўыл болып кирип алған Жердаш қараўыллығында екенин түстен соң-ақ билген едидағы, ал Айбөрек болса бир корзинка арақ пенен ҳәзир ғана дәрўазасына жақынлапты. Усыншелли асығыс, албырап жүрген адамның корзинкадағы шықырлыны қулағы илмеўи де мүмкин ғой, деген менен, бул - Сийсен-дә! Ал, Сийсенниң қулағы болса сондай қулақ, бул қулақ шийшениң шықылдысы түўе шийшедегиниң сылқылдысын ҳәм шалып қалатуғын иләҳийда бир қулақдағы ақыры!
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
07. 09
| 2 | Qosıǵım bayramda atqarılǵanlıǵınan quwanıshqa bólendim.
https://youtube.com/watch?v=lUNTtISbMJQ&si=BA4v63utEaogU-pX | 178 |
| 3 | Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
Сийсен "жаңағысы" не, "алдағаны" не, түсине алмай атырғанда-ақ Жумагүл ишке сүңгиди де киринен гүлиниң ағы көринбей қалған жүктеги көрпениң қатламына қол суқты. Қанша ойлай алмайды десек те Жумашта пул санағандай шама бар. Айнаның жақтысына келип былай санап көрди, тоғыз беслик, былай санаса да тоғыз!
- Айтпадым ба, баплаған ғаррыны! - Сыртқа жуўырып шығып, Сийсенниң қасына жетер-жетпестен өзиниң жамбасын өзи шаппатлады.
Сийсен сорап, түсинип, мәселени билип алғаннан кейин бүлкилдеп күле берди, күлген сайын ҳаўлықты ҳаял. Сийсенниң күшиктиң көзиндей кишкене көзи күлгенде қысылып, Жумашқа жети жининдей көрингенлиги соншелли:
- "Биреўдиң қулағы кесилип атса да биреўге кийиз кесилгеншелли көринбейди!" Күлгениңниң мәниси не, жаман! - деп бақырып жиберди. Сийсен ҳаялдың солығын бастырып болып, түсиндирди:
- Сол қырық бесиң сынған ақшадан төрт жүз елли манат-ат! Ҳәзир таза ақша менен сынған ақша сапырылысып жүрипти...
- Ўай, қойшш! Елли манатқа ылақлы ешки береме, паай, сенәм бир, жинли билесең-аў адамларды!..
- Тазаның бир манаты гөнениң он манаты! Исенбесең, әне, Айтбай домком финагент киятыр, соннан-ақ сора, ўҳаў!..
Жумагүл-Жумаш Сийсенниң бармағы шошайған жаққа қараса - ырас, Айтбай домком финагент, қасында ийини қуйсыйған, урты ишине кирип кеткен сары сынлы бир жигит, оның изинде адасқан дәўдей дәпең әскерий адам киятыр. Бул адамның баяғы жылғы суў алыспақта ҳеш кимге бағынбай салманың нәҳән ырашын булдозер менен буздырып, көп жайларды апаттан алып қалғанын көзи менен көрмегеннен соң Бердәмбет екенин Жумаш билмейди, бирақ атын көп еситкен адамы киятырғанын:
- Ҳаў! Бердәмбет аға да бар-ғо! - деп шапшып турғаны менен де шекленбестен жуўырып барып қолынан алып атырғанында билди.
Лекин, Сийсен сөйтип әбжиллик көрсетсе көрсете берсин, бәри бир, көсем киятыр ма, шешен киятыр ма, Жумагүл-Жумаш жүрисинен жаңылмайды, күлип келе ме, тиксинип кете ме, оған бәри бир, "болып болғаны усы!" Пасмандалықтан даңқ шығарған бул ҳаял: "ал-ҳа, келмеген ҳәмелдар киятыр! Таза көрпеше салайын!" деп ишке асықпады, бир есаптан, көрпешесиниң тазасы да жоқ еди-дә!
- Сәлем бердик! - деди қуўысырақ жақ сары сынлысы ҳәм: "бул заңғар мынаў қырық жарық, жарықларына кир сиңип қалған қолларын узатпағай-дә!" деди ишинен, сол ушын ҳәм қолын сарғыш-гүрең пальтосының кисесинен шығармады. Айтбай: "саў барсызлар ма?" деди қәдимги жуўан даўысы менен. Бердәмбет: "та-ак, - деп қойды. - Хожейин үйде ме?..."
- Ҳәзир келип қалар, - Сийсен мүләйимсип атыр, - Ишкерилең, ақсақаллар.
- Баслаң, Мәўлен Тоймуратович, биз жасы үлкен болғанымыз бенен горкомпартияның ўәкили-сиз!..
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
06. 09 | 328 |
| 4 | No text... | 190 |
| 5 | Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
Нурлепесте отыра беретуғын ўақыт көп болса Тәжимураттың "әжик-гүжик" сөйлесип отырғанының сирә зыяны болмас еди. Қысы менен бул Нурлепес отын көмектен босамады, қай үйге тандыр отын керек болса балғасын белине қыстырып, сол үйдиң тележкасында кетип баратырған Нурлепести көресең! Оннан аўысқан күнлеринде адамлардың атызларын төгинлеп береди. Ол үйдиң ешек арбасы бар ма, жоқ па, парқы жоқ, буған ғәлтек арба болса да, қапылып қалған күнде жайаў-ақ бола береди. Буның есесине үй ийеси, әлбетте, Әмирхандай бай адам-дә, жарлы адам малай жумсай ма, буған гөне-көкси кийимлерин, шамалы тийин-тебен береди. Нурлепес бундайда айтысып-шертисип айтпайды, анаў уялмасын етеди, бул да бергенин ала береди. Соның ушын да "Ақ тубалылар" Нурлепестиң аяғындағы былғары офицер етигиниң қайсы байдың гөнеси екенин, малақайының қай ҳәмелдардың нешше жыл кийгени екенин, Жумагүл Жумаштың басындағы "пуховой"ды қайсы мамақаймақ, үлпилдек қай жыллары тартқанын емин-еркин биле береди. Нурқасымның үстиндеги олпы-солпы бешпент пенен қәлиби үлкен гөне аяқ кийимлердиң де бурынғы ийелери бар. Соның ушын ҳәм бул үйдеги Нурлепестиң де, Жумагүл Жумаштың да үстиндеги кийимлери я таза, я модный емес ҳәм булар өйтип кийиниўге талпынып та, әрман етип те, ҳәтте ойлап та көргенде емес. Ойлаў керек пе, керек емес пе, буяғы да олардың өзлерине намәлим.
- Аўқаттың керегин аш өзеги айтпағанда бизиң Нурекең ояғын да ойламас еди, - деп, Тәңирберген Шаббазов Нурлепести дурыс әжиўалайды.
Шынында да ҳүкүўметтен қолының шолақлығына байланыслы алып турған еки жүз манаттың жүз манаты бирден бөлеси Өтештиң садағасына кеткен соң Нурлепестиң бир жағы опырылып қалғандай ҳаўлықты. Солай да қалған жүз манатын биразға шекем нан пулы етти, базардан мәшабалық мәш алып қайтты. Бул үйдиң Жумагүл Жумашының базар саўдасы менен басы айналмағанлықтан, сонлықтан ҳәм базар саўдасын билмегенликтен Нурлепеске қатты ойланыўға туўры келгени ырас. Қалай ойланса да қыстың соңғы айы февральда ашырқамай өткериўдиң бирден бир жолы оны төрт ылақлы ешкиниң биреўине апара берди де ақыры саттырып тынды. Сол ўақыттың өзинде-ақ өмиринше мың манат пулды түўел санап көрмеген Нурлепеске бул бир түйесилмейтуғын енапаттай пул көринип еди, қайырласып, пулын шыртып алыўға қарағанда қарыйдар шытырлаған соқтадай он дана беслик берди де қойды. Тағы тәме етип, еле қолы созылыўлы турған Нурлепеске:
- Бул - жаңа ақша деген, ашнам! - деп күлди қарыйдар. Бес жүз манат дегениң усы елли мана-аат!..
Нурлепес: "маған гөне пулдан бер, ҳаялым шатақ шығарады" деп айта жазлап барып қалды. Сонда да ҳаялына: "бес жүзи манат, елли манатын ғәрежет еттим!" деп мардыйып берди. Ҳаял дым таппай отырса да пулға қызықпайтуғын, "пулды услап-тутыў деген еркектиң иси" деп қарайтуғын-ақ ҳаял еди. Хожалық жумысына айналысып жүргенинде сыртта жыңғыл усақлап отырған Сийсенге:
- Жаңағысы дым қомсыз көринеди ғой! - деди өзинен өзи ҳаўлығып. - Усы ғаррыны биреў алдап жиберген жоқ па?..
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
05. 09 | 309 |
| 6 | Шәкиртлериң қәдирлесе өзиңди "Бахытлы устазбан!" деп айтқың келер екен. Таңлаған қәнигелиги басқа болса да көркем әдебиятқа күтә қызығатуғын Гүлбану шәкиртиме үлкен табыслар тилеймен. | 188 |
| 7 | Устазыма
(Арналады Бахытлы Сарыбаевқа)
Шымбайдан шыққан сөздиң салмағы бар,
Ҳәр сөзиңиз жүреклерге даўа болар.
Шайырлықтың қыр-сырларын үйретип,
Қәлемиме сиз бергенсиз қанатлар.
Сөз қәдирин сизден үйрендим мен де,
Ойларымды өрнекледим өлеңде.
Ақ параққа сырларымды төккенде,
Сиз үйреткен жоллар қалды жүректе.
Мехрибансыз, ақылыңыз — бир дарья,
Нәсиятыңыз жетелер нурлы таңда.
Қыйын зезде күш бересиз сөзи бенен,
«Сен жетесең» деп исендиресиз әрманға.
"Нийет етсең, мақсетиңе жетесең",
Деген сөзди қайта-қайта айтасыз.
Өз сөзиңиз бенен бизге йош берип,
Әрманларға қанат тағып қоясыз.
Егер бир күн мен де шайыр атансам,
Қосық теңизиниң маржанын тапсам,
Сол күн мен ушын ең үлкен мәртебе —
«Устазымнан үйрендим» деп мақтансам.
4-сентябрь, 2026
Махамбеталиева Гулбану | 187 |
| 8 | Muhabbat
Baxıtlı Sarıbaev sózi
Sarsen Gaybullaev naması | 299 |
| 9 | No text... | 337 |
| 10 | Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
- Несине сөйлесемен! Түнде "бармайман" деп қалдым.
- "Кисим менен ойласып едим, мақул көрди" де де бар-дә, бетиңниң қызылы төгиле ме?!
- Барыўын барарман-аў, ол бир ухажор мақаў еди, сен мени қызғанып өлесең-дә!
- Сени қызғанғанымнан өлетуғын болғанымда қашшан сүйегим сипсе болар еди! Көкирегиң менде болса болды!
- "Басқа жағың қайда болса сонда болсын" дейсең! Сен намыссыз!
- Не десең о де, қуры намыс оңысық болмайды! Оңысық та өтип атыр-аў, бирақ Әмирханның үстине шығыў керек-дә! Әне, сонда намысың тикленеди!...
- Сен намыссызсаң бәри бир!!! - Айбөрек еденди тепсинип-тепсинип силкинди. - Сендей байлы болғаннан байсыз жүрген абзал еди!...
- Не десең о де, бар ҳәзир, басқа биреўди алып қояды, бар ҳәзир!
Айбөрек жулқынып шығып кетти.
12
"Бәҳәрге бир аман шығып кетсек жумыс қапылмайды! Соған шекем оңысық керек, нан пулы болсын", деп бир ылақлы ешкисин көзи қыймаса да жоқшылықтан сатып келген Нурлепес ҳаялына:
- Бес жүз манат, балтадай бес жүз! - деп услатты пулын. - Елли манатын базар сорпа қылдым. Бир гилә гөш, бес гилә гәртүшке, он манатына тап алты пөлке нан алдым. Мени нан яндырдығо, алғаным алғандай желинип кете береди...
- Желинбей не қылады, қыдырмайың көп! Нөкер де, Сийсен де келе береди. Тасқылықтың әкеси де әбден усы үйге үйир болып алды! Баласының автобазаға мухайник болғаны қайсы, ғаррысының үйме-үй жүрип, ҳәз қуўалағаны қайсы!...
- Келген ырысқалы менен келеди, кең бол, ҳаял! - дейди Нурлепес үйреншикли сөзин айтып. - Алдына пөлке нан қойсаң ҳеш ким "палаў жемедим" деп өкпелеп кетпейди, бизиң үйдиң ҳалы ҳәммесине мәлим. Сонда да атаңдай ешки сатып, бир сорпа ишпегенимиз болмас, Тәжимурат та "барарман" деп қалып еди...
Тәжимурат деген Нурлепес пенен урысқа бирге кетсе де бирге урыспай, буннан бираз бурын қайтып келген адам. Қаланы суў алғанында Тәжимурат "Социализм" колхозында отыратуғын еди, суў алыспақтың ўақтында үш-төрт айға шекем Нурлепеслерди үйинде сақлап көзине тийгени бар. Енди баласы Тасқылық автобазаның бирине бас механик болыўына байланыслы насос салманың жағасынан басланатуғын туйық көшеден төрт сыйырдың пулына жай сатып алып көшип келген. Буқарағанда басқа танысы болмағанлықтан өзгеден жақын ҳәм жора билип, Нурлепестикине келе береди: "Кемпир өлгели үйге сыймайман, мениң менен дәртлесетуғын сеннен басқа ийт жоқ. Усы жерде әжик-гүжик сөйлесип отырсам, питегене жеккелигимди умытаман! Нурлепес-аўў!" деп сырнығады.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
04. 09 | 368 |
| 11 | Биринши устазым
Қәдем қойғанымда нурлы дәргайға,
Сиз қарсы алғансыз бизди күлимлеп.
Ҳайран қалып жән-жағыма қарайман,
Толғаныс бар еди бала кеўлимде.
Туңғыш муғаллимим - екинши анам,
Жети жастан жақынсыз-аў кеўлиме.
Ардақлайман жүрек алғысын арнап,
Жаныңызға келип байрам күнинде.
Ыссы қушағыңды ашып сонда сиз,
Сүйесиз бетимнен "Айналайын!" деп.
Сезилип турады сағынғанымыз,
Қол тиймей дийдарға жүр едим шөллеп.
Қәдирдан классқа кирип биз бирге,
Шийрин мәўритлерди аламыз еске.
Терең билим теңизинде жүздирген,
Умытпаймыз сиздей устазды ҳеш те!
Мектеп босағасын атлаған демде,
Сиз алып келдиңиз усы ханаға.
Аз ғана қорқыныш бар еди менде,
Сәл албырап отырғанман партада.
Ой-дыққатын жәмлеп, тигилип сизге,
Досларым отырар класс ишинде.
Оқыўшының жүрегине жол излеп,
Кирискенсиз қумбыл болып исиңе.
Ҳәр биримиз бенен танысып дәслеп,
Қызықтырып баслағансыз сабақты.
Сағынышым артар отырсам еслеп,
Жан екенсиз көре алар узақты.
Үйретип ҳәрипти салыўды қалай,
Аўдарғансыз дыққатымды тахтаға.
Қайта түсиндирип алмасам аңлай,
Үлгерип оқыдым ағла баҳаға.
Биринши устазым - екинши анам,
Сизге меҳрим бөлек, шексиз ҳүрметим.
Биз ушын аштыңыз дүньяны жаңа,
Инсаныйлық әлипбесин үйретип!
3-сентябрь, 2026
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev | 296 |
| 12 | "Muhabbat" atlı qosıǵımız Sarsen Gaybullaev atqarıwında
https://youtube.com/shorts/VZXc5U_KcQ4?si=EFBg3jx2uW8Dq_s- | 256 |
| 13 | "Muhabbat" atlı qosıǵımız Sarsen Gaybullaev atqarıwında
https://youtube.com/shorts/VZXc5U_KcQ4?si=9njOX48LATdevsyv | 26 |
| 14 | Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
Ҳеш жерде ҳеш нәрсе болмағандай, дым көрмегендей болып, Айбөрек Жердаштың кәтиниң тусына төсегин салып жатып еди, қатты уйқылап кеткен қусайды, көзин ашса Жердаш Бердаш пенен печьке хантақтаны жақынлатып, қара чайды қондырып отыр. "Ишпеймен" деп ише бергени ушын-ақ жалтақ болып қалған Жердаш:
- Уйқыңды бузбаў ушын чайды да өзлеримиз қайнатып ишип отырмыз, - деп жалбырақлап атыр. - Нөкербайлар мынаў бир ящик араққа пулды қайдан тапты екен?
- Оны винзаводтың директоры әкелди. Бизлер менен Қоңыратта бир мектепте оқыған Жеткерген деген бала ғой! Қысынғанымнан қыз болдым-аў, шетиңизден пияңсыз! Кетип қалды!..
- Паҳ, нетесең-әй! Қолға бир түскен екен-дә, айырылып қапсаң, қаты-ын!..
Соның арасынша Бердаш мектебине кетип қалды. Түндеги "уллы қонақ" келгендеги масқара қылғаны ушын тулланып отырған ҳаялының кеўилин жадыратып жибериў мақсетинде:
- Көптен бери айта алмай жүрген бир сырым, - деп сыбырланды. - Менде жүз мың манат ақша бар!..
- Пияңлығың еле жазылмапты! Я тағы иштиң бе?!
- Олла, ырас айтып отырман - жүз мың манатым бар. Тисиңнен шығармасаң айтаман!
- Айта бе-ер!
- "Ант ишейин" де?
- Ант ишейин!
- Жүз мыңды маған берди, еки жүз мыңды өзи алды. Шарбақтан сыртта турып-ақ, дүканды сым менен иштен өртеп бергени ушын мынаў мектептиң директоры, әри физик муғаллими Гүлимбай Нағыметовичке жигирма бес мың!..
- Өлимм! - Айбөрек Жердаштың аўызын басты. - Тисиңнен шығарма! Аўызың былшырап, пияң болып, ҳеш кимге айтпап па едиң?!
- Сеннен қорқып айтпай жүргенимди кимге айтаман?...
- Менде де он мың манат бар дүканнан жырып қалған! Мен де "биреўге айтып қояр" деп сеннен қорқып айтпай жүр едим...
Айбөрек баласының кәтиниң астынан бир пачка онлықты алып келди де хантақтаның үстине қойды. Қойыўын қойды да: "ўай-ба-ай, сорым, - деди өзинен өзи қопалланып, ишинен. - Дүканның пулы қарыйдардан жыйналады, қарыйдардың пулы бундай пачкалы болмайдығо, я мен машин сататуғын дүканда емеспен! Билип қойса... Жа-ақ, бунда ондай пәм жоқ!..."
- Жеткергенге бир қараўыл, бир складшы керек екен, жақ, бир дүканшы екен-аў! Мийим қурысын!..
- Мынаў мың манатты сен соған бер! Ондай жумыслар парасыз болмайды. - Жердаш пачканы Айбөректиң қолына услатты. - Сөйт те маған қараўыллығын, - өзиң дүканшылығын ал, буны азсынса тағы бер, ҳәзир заман параның, жерменниң, талампайдың заманы, ғошшым, "кеспесең қанамайды", арақ деген ағып турған суў! Қулың болайын, мени мынаў Әмирханнан бир оздыр! Бул - машина алайын деп жүр! Сөйлес, сөйлес!
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
03. 09 | 335 |
| 15 | No text... | 330 |
| 16 | Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
Айбөрек диванның төменине, стол менен еки аралыққа төсекти салып үлгерген екен, жигит тартынып, қысынып турмады, асығыс сыртқы кийимлерин шешип-шешип, гүрсилердиң үстине қалай болса солай зыңғытты.
- Басқа ҳеш тәмем жоқ, тек үлбиреген ләплериңизден бир ғана өпсем бийәрманман...
- Жақ, жақ... Өйппей, жумсақ қол да бундай қарыўлы боламекен! - Айбөрек аўызын қашырғаны менен қыпша бели бийықтыяр тал шыбықтай таўланып трусийшең жигиттиң киндигине майысып баратырғанын, өзиниң де буўынларынан диңке кеткендей қамырдай ийленип, төсекке жаўырнының тийе баслағанын абайлады, лийкин, өләмата қарсыласғысы да келип атырған жоқ еди, усы пурсатта лебине лып етип жыллы леп тийди ҳәм ләби-пәби, тили-пили менен сорылып баратырғанын сезди. Тез алдын алмаса мынаў адам биротала жутып қоятуғындай ҳаўлықты ҳәм өз демине өзи буўлығып:
- Қойып тур, өзим-ақ, өзим... - деди қос қоллап басын ары ийтерип. Жигит тағы бираз мыжғылап, ўәдесин алып болып босатты. Айбөрек шығып кетти. Оның ашыўланып кеткенин, қайыл болып кеткенин түсине алмай Жеткерген төсекте ентигип атырғанда Айбөрек қайтып кирди, шыра еле сөндирилмеген еди, жатырған жигиттиң қапталында тикке турып, көпшигиниң тусына бағанағы соқтадай бир пачка онлықты торс еттирди:
- Алың мынаўыңызды! Ҳәмме нәрсе пулға сатыла бермейди. Сиз мени-и... - Арғы жағын айта алмай қалды, Жеткерген тобықлығынан шап берип услады да, ҳаялды шалқасына салды. Айбөректиң ләби, тили қайтадан сорылып, кем-кемнен усы ҳәрекетлердиң өзине де унай баслағанын сезген соң шембирлигин жыбырлатқан қолды қағыўды да умытты, ақыры, "не болары болды енди!" деди де ықтыярын пүткиллей берип жиберди.
Бираздан соң шабылған аттай сабылып, терлеп қалған Айбөрек ҳәдеўир ўақытқа шекем бийҳал ҳалатта шалқасына үнсиз жатты. Жигит ойынлы-шынлы етип: "Енди кете берсем бола ма?" деп еди. "Өзиң билесең, - жилўа-наз бенен күлди келиншек. - Қолына түскенди жаздырмағаның қайда!.."
- Бул гәпти сен ҳәм айтып едиң.
- Мен жаздыра жақ емеспен-аў! - Турып баратырып сөйленди. - Өзиң ноқтаны сыпырып кете жақсаң, - деди де - шығып кетти. Жигит ентигин де, терин де басып еди. Айбөрек қайтып кирди.
- Жердаштың сыртынан илип келдим. "Сөкти жей алмаған тисинен көреди-дә!" - деди ҳәм уялмастан, тартынбастан шешине баслады. - "Шешинген суўдан тайынбайды!". "Не болары болды енди, ийтере бер, жүўернемек!" деген екен баяғыда бир кемпир жас баспашыға!..
Таң алагеўгим болғанда Жеткергенниң төсегин диванға қайта салып берип, өзи кисисиниң қасына кетпекши еди.
- Қалтада партбилет бар, елес-қапаста қайта берейин, сағындыра бермей хабарласып тур, - деп жигит кетип қалды.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
02. 09 | 440 |
| 17 | No text... | 300 |
| 18 | No text... | 268 |
| 19 | Qosıq tekstin jazǵanlıǵımnan quwanıshlıman!
https://youtube.com/shorts/yoWeCssIWs4?si=1h0c-2dzwOnBYtVD | 286 |
| 20 | Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
Жердаш қурылдыны урып атырған мына жайға келгенинде жаңарақта көрген патаслық, бейбастақлығынан намыў-нышан қалмағанына Жеткерген: "Жеңил аяқ екенсиз!" деп, өзиниң таңланыўын ҳәм жасыра алмады. Айбөрек аўқат таярлаўға шығып кеткен соң әдеп: "қайсы жайда жатқарар екен", соң: "басқа жайда жатқарса буның қасына қалай келе аламан?" деген ойлар көкирегин ийелей берди.
Пуўы бурқыраған гөши бар картошка қуўырдақ қаймақ қуйылған қара чай менен бир ўақытта келтирилди. Соған шекем ҳаялдың өзи ең болмаса бир де дарымағанына ҳайран. Ең болмаса қарап отырмаўы ушын қонаққа бир чайнек көк чай менен ермек таўып бергенде болар ма еди!
- Мениң балам дырдай жигит болса да шоколад шыдатпайды, - деди шақмақ қантларды усақлап атырып қысынғанынан Айбөрек. - Сары май да түўесилген, - деп те қойды күнде сары май жеп отырғандай. - "Оның не кереги бар, аўқат пенен сары май алыса ма?" дегени менен бул үйдегилердиң шаппат пенен жүз қызартып отырған, аўқатына итибар бермесе де, дүнья жыйыўға жаңа-жаңа қызыға баслаған жарлыдан көтерилип киятырған хожалық екенлигин Жеткерген аңғарды. Кәттиң үстинде шалқасына таслап, шалынған малдай гә қарқырап, гә қырылдап атырған үй ийесиниң үстиндеги костюм да әри арзан, әри жуўылған, үйде арақтың ийиси болмағанда бас бармағы тесип шығып атырған кир-кир носкийиниң шуўашы да сасыр ма еди, әлле қайтер еди!
- Сизди кешигип қалар деп, шала-пула, жеңил-желпи дегендей...
- Дурыс ислепсиз. Отағасыны оятпайсыз ба?
- Бир ишсе, анық уйқысы қанбай оянбайды.
- Оери жақсы екен!
- Оның неси жақсы?!
- Ҳәр кимниң өз мәпи бар, - деп күлди Жеткерген. - Биреўлерге уйқылағаны, биреўлерге еркелескени мәп...
- Өйтип бузылыспаң, мынаў бир қол сизики ме?
- Меникине усайды екен! - Жеткерген келиншектиң белине барып қалған қолын танымай турғандай көзиниң алдына тутып көрди. - Ҳаўўа, меники екен!!!
Аўқат желинип, пәтия оқылып болған соң Жеткер кететуғындай кийинип сыртқа шықты да, көп узамай қайтып келди.
- Тас қараңғы! Таўық көз едим, қапылып қалды!..
- Адам жатырқамаймыз, "кел демек бар, кет демек жоқ", сиз жатқандай бир мүйеш табармыз. Залдағы диван тарлық ете ме?
- Әлбетте... тарлық етеди. Мен аўнап кетемен...
- Ҳимм, солай ма-а? - Жилўа-назы менен күлди Айбөрек.
"Қудай берди!" деп қойды ишинен жигит ҳәм жүреги дүпилдеп, залға көп өткермей-ақ Айбөректиң изинен келди.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
01. 09 | 391 |
