Baxıtlı SARÍBAEV
Open in Telegram
Саған аз-кем сөз унатсам, Басқа бахыт сорамайман. Ибрайым Юсупов Жас шайыр, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Қырғызстан Республикасы "Қырғыз ақын-жазыўшылары" жәмийетлик фонды ағзасы Бахытлы Сарыбаевтың дөретиўшилик каналы
Show more1 091
Subscribers
No data24 hours
+17 days
-1330 days
Posts Archive
1 091
Repost from Baxıtlı SARÍBAEV
#27_июнь_Баспасөз_ҳәм_ғалаба_хабар_қураллары_хызметкерлери_күни
#Қутлықлаў
27-июнь - Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни менен усы тараўда пидәкерлик пенен ислеп киятырған бәрше қәлем ийелерин, дөретиўши инсанларды, техник хызметкерлерди шын жүрегимизден қутлықлайман. Елимизде алып барылып атырған кең көлемдеги реформаларды, жаңаланыўларды заманласларымызға жеткерип, жәмийетлик көзқарасларды оятыўда тараў пидайыларының хызметлери салмақлы. Олардың халықтың руўхый дүньясын байытып, информациялық мәдениятын жетилистириў жолындағы әдиўли ислеринде тасқын табыслар тилеймен. Бир көрсетиў яки еситтириўди таярлаўдың, баспасөз ҳәм интернет материалын жәмийетшиликке усыныўдың артында қаншадан қанша инсанлардың үлкен мийнетлери, тынымсыз изленислери турады. Сонлықтан да, бул кәсип ийелерине деген ҳүрметимиз шексиз.
Байрам бәршеңизге қутлы-мүбәрек болсын!
Ҳүрмет пенен Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
1 091
Repost from Baxıtlı SARÍBAEV
#27_июнь_Баспасөз_ҳәм_ғалаба_хабар_қураллары_хызметкерлери_күни
#Қутлықлаў
27-июнь - Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни менен усы тараўда пидәкерлик пенен ислеп киятырған бәрше қәлем ийелерин, дөретиўши инсанларды, техник хызметкерлерди шын жүрегимизден қутлықлайман. Елимизде алып барылып атырған кең көлемдеги реформаларды, жаңаланыўларды заманласларымызға жеткерип, жәмийетлик көзқарасларды оятыўда тараў пидайыларының хызметлери салмақлы. Олардың халықтың руўхый дүньясын байытып, информациялық мәдениятын жетилистириў жолындағы әдиўли ислеринде тасқын табыслар тилеймен. Бир көрсетиў яки еситтириўди таярлаўдың, баспасөз ҳәм интернет материалын жәмийетшиликке усыныўдың артында қаншадан қанша инсанлардың үлкен мийнетлери, тынымсыз изленислери турады. Сонлықтан да, бул кәсип ийелерине деген ҳүрметимиз шексиз.
Байрам бәршеңизге қутлы-мүбәрек болсын!
Ҳүрмет пенен Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
1 091
Repost from Baxıtlı SARÍBAEV
#27_июнь_Баспасөз_ҳәм_ғалаба_хабар_қураллары_хызметкерлери_күни
#Қутлықлаў
27-июнь - Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни менен усы тараўда пидәкерлик пенен ислеп киятырған бәрше қәлем ийелерин, дөретиўши инсанларды, техник хызметкерлерди шын жүрегимизден қутлықлайман. Елимизде алып барылып атырған кең көлемдеги реформаларды, жаңаланыўларды заманласларымызға жеткерип, жәмийетлик көзқарасларды оятыўда тараў пидайыларының хызметлери салмақлы. Олардың халықтың руўхый дүньясын байытып, информациялық мәдениятын жетилистириў жолындағы әдиўли ислеринде тасқын табыслар тилеймен. Бир көрсетиў яки еситтириўди таярлаўдың, баспасөз ҳәм интернет материалын жәмийетшиликке усыныўдың артында қаншадан қанша инсанлардың үлкен мийнетлери, тынымсыз изленислери турады. Сонлықтан да, бул кәсип ийелерине деген ҳүрметимиз шексиз.
Байрам бәршеңизге қутлы-мүбәрек болсын!
Ҳүрмет пенен Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
1 091
Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
Келсе - саў қалған жайлардың бәрине "пылақ қыстырылып" қалыпты, оның үстине: "бул не?! Бул нениң сәни?!" деп сорайын десе, жолда-изде қыбырлаған жан жоқ, улыўма аўылда ("аўыл" дейберейик-дә енди, аўыл сыйқы қалмаса да) былай-былай жүрген ямаса есик алдыларында, үй қапталларында пақыр-пуқарашылығы менен айналысып жүрген ҳеш ким көринбейди. Узақтан Үбәўда бир көрингендей болып еди, ләген төкти ме, бәле қылды ма, ол да қайтадан ишке сүңгиген соң анаў дөңниң басына арқанланған Айтбайдың сыйырынан ҳәм мынаў ыраштан түсип киятырған Нурлепестиң өзинен басқа бул дөгеректе қыбырлаған жан қалмады. Бул ҳәдден тысқары тынышлық та кеўилге ғулғула салады екен, Нурлепес өзин әўлийешиликтиң иши менен киятырғандай сезди. Жүдә бир гөне сай, ойлы-шуқырда болмаса тай туяғы сиңгендей ығал қалып жалшымапты, бирақ аспан тегис булыт, силпилей қойса да суў алмадан кейинги даланың батпағы пияданың аяғына көтерем болатуғыны турған гәп, сонда да Қызкеткеннен земнасос шығарып таслаған бул сылдыр шегеде аяғыңа шық илиўи нағайбыл.
Сылдыр некеден түсе беристе-ақ бурын шүңирейген көздей ойылып, төменде суўы қудықтың түбиндегидей жылтырап көринип ататуғын "Қаратерең" - "Ақ тубаның" оғада бир саўлат пенен, оғада бир парасат пенен булытлы аспанның күлиреңин өзине сиңирип, тунжырап атырған жайылымын көрди. "Қудайымыз берип қалған екен, - деп қуўанды ишинен. - Мен билсем, буның иши шыпырлаған балық!.." - Ырасында да шортан қуўған шабақлар елден-ақ шоршысып атты. - "Шабақтың ойнаўын қара!"..
Ол жайының үйиндисине келгенде де, өзин өлиниң басына келгендей кеўилсиз, муңлы сезди. Лийкин, ол тегинликте көз жас төкпейтуғын адам ғой, оның өзин-өзи жубататуғын, өзин өзи жигерлендиретуғын гәплери бар, бул гәплерди Нурлепес күтә кишкентайында кемпир апасы қулағына қуйған: "Буннан бетеринен сақлағай! Қудайға керек болса, малың түўе жаныңды алады! Мал-дүнья басқа жыйналады, бас саў болсын, де!.." Әне, Нурлепес өзин өзи жыйнап алды. Сонда да ешкисине соққан қыспа қорасын, қораның үстиндеги қуламай сол қәддинде турған шертегин көрип: "Усының басына шығарғанымда да көрпе-төсегим аман қалады екен-аў!" деген өкиниш басын бир шайқатты. Оны енди қайсы дийўалының ишке, қайсы дийўалының сыртқа қулағаны қызықтыра баслағанда: "Ҳәә қайнаға-а!" деген Үбәйданың шақырған даўысы дыққатын бөлип жиберди ҳәм жым-жыртлықтан шыққан бул ҳөктем даўыс та гөристаннан бақырып жиберген "өлиниң даўысындай" қорқынышлы әри ерси еситилгени соншелли, Нурлепес бир зум өзин жоғалтып ала жазлады.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
27. 06
1 091
+5
#Дөретиўшилик_бахты
Бердақ атындағы ҚМУ студент жаслары менен ушырасып, көркем әдебияттың баслы ўазыйпасы, эстетикалық қәсийетлери бойынша жақыннан сәўбетлесип, қосықларымыздан көркемлеп оқып бердик.
Өзимиз оқыған нурлы дәргайда қәдирли мийман болғанымыздан кеўлимиз қуўанышқа бөленди.
@BaxitliSaribaev
1 091
Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
Суў алған күни-ақ, өзи Қызкеткенге "Ақ тубадан" суў сүзип түскен аңғардың қубласындағы ыраштың басында қалған күни-ақ, өз жайының, Жердаштың жайының ларса-ларс қулағанын көзи менен көрген күни-ақ, ҳаялы Жумагүл - Жумаш ешкисин жетеп, бул Нурқасымын изине ертип, "Я-аа, пәлек, енди қайда бараман, жай бунда кетти, көрпе-төсек, қазан-табақ бунда кетти, енди қайда бараман, енди қайда батаман!.. Буннан бетеринен сақлағайсаң, я-аа пәлек!.." деп кете берген, кете берген. Жылағанда да қатыны Жумагүл - Жумаш жылады, Нурлепес ҳәршеңки жылайтуғын пурсатта да: "Буннан бетеринен сақлағай, шүкир ет, кеўилим шүкир ет!.." деп, өзине өзи тәселле берип, жыламай қала алатуғын адам ғой! Жумагүл - Жумашқа да: "Жылама, қатын, буннан бетеринен сақлағай!" деп атыр еди:
- Сақламаса терис сақласын! Буннан бетери қандай болады? - деп өкирди қатыны. - Таза пахталаған көрпемди айтсаң-ә! Гәўҳар машыншыдан қыйынды сатып алып, қурақтан тиккен дастығымды айтсаң-ә!.. Жердаштай тораңғылдың ашасына тырмышла десем де қылмадың! "Қудай сақлайды" деп едиң, қәне, сақлағаны! Бәри сеннен!..
Бәри усыннан болғаны ырас, оны өзи де биледи. Сеннен бола қойған екен, - деди "Социализмдеги" Тажимурат деген танысы. - Ең болмаса кийим-кеншегимизди алып қашсаңыз болады-ғо!.."
Тәжимурат өзи менен урыста бирге болған, молласымақ адам еди, буларға әлбетте, қабақ шытқан жоқ. Бирақ, Тасқылық деген, аты жәп-жаман баласы менен барған күни-ақ Нурқасымның басы писпеди. Нурқасым жуўас ғой, сонда да Тасқылығы басып сабақ береди, Тәжимурат Тасқылықтың гөне кийимлерин кийгизе қойып еди, Тасқылық жағаласып жүрип Нурқасымнан шешип алды. Баласының боз-боран болып жылаўы Нурлепестиң аянышын онша оятпаса да аўлағында Жумагүл - Жумашты тоңқылдатты:
- Бул кисиниң көкнарына бөгип жата бердиң-ғо әбден! - деди ҳаялы олар жоқта. - Мынаў жүўернемеги балаңды қан қустыра береди! Барып хабар алөссоңо, ел барған болса биз де барайық, алдымыз бәҳәр, ендиги жағында шертек қурып отырсақ та өлмеймиз!..
"Көрдиң бе айтатуғынын ҳаялдың! "бөгип жата бердиң!" дейди-ә! Мен бир, мәслигимнен иштим бе, соның көкнары болмағанда буўаққа шекем белим ийреңлеп... Бул, қатын деген, абайлы болмасаң, дос-ярдан, дос-яран түўе туўған егизиңниң сыңарынан ҳәм айырсын-ә!.." деп тоңқылданыўы менен жолға шыққаннан Қызкеткенниң ырашындағы қумды өңмеңлей-өңмеңлей усы ғой жетип турғаны.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
26. 06
1 091
Repost from QARAQALPAQSTAN TELEKANALI
" KEWIL LIRASÍ" 20-06-26 "Watansız adam, Baxıtsız búlbil " Watan jaslar tilinde jırlanadı... ✅ Sociallıq tarmaqlar arqalı bizdi baqlap barıń: 👇 👇 👇
Telegram I Instagram I Youtube I Facebook I QTRK ONLINE
1 091
Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
Қәне, буның атын "Ақ туба" дей қояйық. "Ақ тунба" дегенде де болар еди-дә, ол келисиңкиремейди, ал әўмийин, енди бул кәраны "Қара терең" демегейли, "Ақ туба", әўмийин, сен ҳеш қашан "Қаратереңдей" адам жутпа, сенде ийт-пышықтың да өлиги сасып атпасын, аўылдың атын да сениң ҳүрметиңе "Ақ туба" дедик, жолы-аппақ болсын, ығбалы ақ болсын әўмийин, әўмийин!
- Айттымғоо Бәрзиў аға, сиз халтурщик болсаңыз ҳәм мәрт халтурщиксиз! Усыншама талантыңыз бенен, енди, халтурщиклигиңизди мойынлағаныңыз, турдым ғайратыңызға!..
Ал енди, жолдаслар, ким де ким буннан былай бул шуқырды "Қара терең" десе аўзына урғайлы!..
- Ҳаў! - деди буларды көриўден Қосберген дарға. - Тайырбай қайда?
- Изимизде киятыр еди, қайдам, жоқ...
- Мен оны таза қалаға жиберип аларман деп едим, қашқан екен-дә!
- Садақаң қабыл болсын, Қосеке!
- Әўмийин!..
4
Ҳәкисине сол күни таң атқаны менен адамлар күнниң көзин көп ўақытқа шекем көре алмады. Әлемди шаңғыт па, булыт па, бир нәрсе иркилдеп қаплап турғандай, қуяш жадырап бир шықпады.
Суў алып, жайы қулағалы бул әтирапқа келип турғаны жаңа, онда да қаладан емес, Қызкеткенниң оң ырашын жағалап, "Социализмнен" қайтты. Әдебинде өзиниң буннан сәл бурынғы гүрең ел - "Ақтубасын" танымай турды. Ҳәр жерде шошайып, бир жай қалыпты. Сол жайлары да "Ақтубаның" бурынғы жайларынан қалған жайлар" дейин десе, бәриниң басына жалаў қыстырыўлы. "Басқа жай!", "Бул басқа аўыл!" дейин десе, жақ, тап мынаў Әмирханның жайы. "Әне, Үбәйда келин де шықты!". "... Сонда бул неге жалаў қыстырып қойыпты, я жайы жақсы болған соң бирер кеңсе кирейге алғандур, Бас Түркмен каналы ашылғалы қайерди көрсең кеңсе ашылып атырған, қайерди көрсең қала болажақ! Ал, Әмирхан жайын кирейге таслап кеткен болса ҳаялы неғып жүр онда?!.. Әй, я-ғә Тәңирбергенниң питпеген еки қат жаман жайын да кеңсе кирейге алған ба сонда! Қосбергенниң, Гүлимбайдың, Айтбай домкомның жаман жайларын да алған ба?! Алға-ан, алмаса неге жалаў қыстырады?! Жығылмағанда бизикин де алады екен-дә!.. Бәрине опшыйт бергендур булардың, жығылмағанда бизге де берер ме еди!.." деген садалық пенен, садалық болғанда да тек ғана Нурлепестиң өзине тән журтта жоқ садалық пенен ойлады Нурлепес.
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
25. 06
1 091
Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
- Әдеп институтыңды питкерип алса! - Гүлимбай Нағыметович аўызын қақпақлады. - Соң айтарсаң филологлыгыңды!..
- Питпеген неси қалды енди! - Қолын гөлегейледи. - Сен гәпти бөлмей тыңлап тур! Ал енди, сол жазыўшы-шайырлардың биреўиниң де өзин "халтурщикпен" деп мойынлаўға мәртлиги жетпейди...
- Қайдан билесе-ең, мойынласа мойынлап жүрген шығар!..
- Мойынласа Бәрзиў аға қусап жазбай кетеди-ғо, жазбай кеткен жазыўшыны мен көргеним жоқ. Журналисттен де халтурщиклигин мойынлап, редакцияны таслап кеткен тек усы Бәрзиў аға...
- Не демекшисең, тоқ етеринен келсе, иним. - Бәрзиў пысынады, шаршап қалыпты. - Не демекшисең, тоңып кеттик!!
- Сен енди, халтурщик болсаң да, бәри бир, журналистсең-ғо, қапылғанда Гүлимбай Нағыметовичтен тәўирсең. Мына шуқырды усы ўақытқа шекем "Қара терең" деп келдик пе, келди-ик, "Ақ туба" дедик пе, дедик. Енди усының қай тәўирин таңлап бер, бизге, қайсысы сулыў?!
Ойда жоқ саўал Бәрзиўди бирден ойландырып таслады. Бронхити тутты ма, бир тыма жөтелип алды да, қапталына түпирип таслап:
- Япырмай, бала, жаман жерден туттың-аў! - деди ойшаң пишинде. - "Көп қорқытады, терең батырады" деген гәп бар, "терең" деген бул қорқытады адамды. Буннан әжелдиң ийиси келеди, "терең" болған соң, биреўлерди жутып атыўы, биреўлер кетип атыўы керек...
- Кетсе талай ийт, пышықлар кетти-ғо! Ешеклер ҳәм кетти-ә! - деди гәпке Гүлимбай Нағыметович суғылысып. - Талай адамның да өлиги шықты! - деп қапылтты. - Сизлер жақында келген соң билмейсиз, түўе! Қызкеткен қазылған жылы-ақ бул терең адам жутып атқан!..
- Әне, айтпадым ба! - Бәрзиў басын шайқады. - Буған бир соқыр ийшанлар ҳәм кетип өлген деп еситтим. Большойлар атылған халық душпанларының өликлерин усы тереңге түнде таслайды екен. Халық душпанлары да большойларды услап өлтирсе аўзына аттың тезегин тығып, тири жанға көрсетпей усы шуқырға әкеп таслаған деген ҳәм мыш-мышлар ба-ар!..
- Әйтеўир де усы шуқырдан түнде сыңсыған сес шығатуғын еди!..
- Өлгенлердиң әрўақлары-ғо, әрўақ өлмейди, ол қай ўақ бир ўақ тирилип жақты дүньяға шығады, сондай гәп бар, үҳе-үҳәәәҳ, түпиў!.. Ҳимм, үҳҳ, бул шуқыр "Қара тереңлик" дәўирин өтти, қараң, төменде қап-қара, көп-көмбек болып жатқан шүңгил суў бар ма, жо-оқ! Қараң, тып-тынық суў жайылып атыр! Бул ҳәзирше өмирдеги үлкен ағыс - Қызкеткен менен байланысып турар, бара-бара үзиледи. Соң тунба болып тубалап қалады. Сол ўақытта да аппақ болып жатсын усы жарқылық!
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
24. 06
1 091
Шаўдырбай Сейтов
Жаман шығанақтағы Ақтуба
Роман
- Ол да дурыс, жорамыз екенин жасырмайман, бирақ Тайырбай, ол сеннен төрелилеў. Бириншиден, ялған гәпирмайды, екиншиден, оның билими сеникинен күшли, тарийхшы болсаң бола ғой, оның бестен бир билгенин билмейсең. Тек бир... дәўлети тайып жүр дә! Ҳим, Таске, қалай, жым қылдым ба?!
- Жүрсе, жүрсе, таяғың тайып кетер!..
- Ол және сендей қорқақ емес, ҳәмелдарға да жортпайды, бас кетсе де пикирин ашық айтады!..
- Ашық айтпай не қылады пияң адам! Бул заманда ҳақыйқатлықты я жинли, я пияң айтады, сен оны...
- Қәне, жүриң-жүриң, гәп-сөзди қойың! - деп кейиди Бәрзиў.
Ырасында да, түсликтен арқадағы аўылға өтетуғын бул салманың бойы оғада қырағылықты талап етеди, дизилисип киятырғанлар аяқларын мергенлик пенен басыўға мәжбүр, сәл қыя басса мына жағы да, мына жағы да еле из түспеген, табы бузылмаған батпақ, алдағы Тәңирберген тайса ийт қуйрық ойнағандай бирине бири асылысып киятырғанлардың бирин бири сүйреп кетиў итималлығы жүдә ғана бар.
- Еситтиңизлер ғой, яҳ, ақсақаллар, - деди Тәңирберген артына қарамастан. - Мектебиңниң тарийхшысының гәпин сен де еситтиң Гүлимбай Нағыметович. - "Ҳақыйқатлықты бир айтса, жинли, бир айтса пияң айтады екен!" Онда айтың маған, жолдас Сталин ҳақ сөйлей ме, ҳақ сөйлейди, Маленков, Булганин, Хрущев, Каганович, Молотовлар-ше, ҳақ сөйлей ме, ҳақ сөйлейди-и, қурыдың, Тайырбай жалғыз! Үйленбеп те едиң, бирақ мен ишимиздеги кимниң сексот екенин билмеймен, бүгин түнде есин ким алып кетсе де ыразы бол, бирақ меннен көрме, ўаҳа-ҳа-а!...
Тайырбай жалғыз ең соңында киятыр еди, келген жеринде гилт тоқтады. Оның киятырған-киятырмағанын көриў ушын ҳеш ким артына да қарай қоймады. Сол жүристен тиртеклесип, садақашылар қумның үстине шығып, суўық демлерин бир-бир алысты.
- Қара, Бәрзиў аға, аяғыңа шық илди ме?! - деди мақтаныш пенен. - Жаңағы Тайырбай ләўзе қайда, қәне жоқпекен дәкеңде кәрамат! - деп қараса, Тайырбай жоқ. - Айттым-ғо "қорқақ" деп, қашшан қуйрығын қысып зытыпты-ә!..
Соң бул гәпке ҳеш ким қайтып айналмады. Булар "Қаратерең", "Ақтубаның" тусына келгенде:
- Ўай-боой, мына тереңниң толыўын-әйй! - деп ҳәммени тағы иркти Тәңирберген. Шынында да, суў алмадан соң биринши көрип турғаны. - Айдынының кеңейиўин қара, суўының мерўерттей тынығын қара! Ал енди, Бәрзиў аға, сен де жасыңда редакцияда ислегенсең, халтуршик болсаң да журналист болғансаң, қулласы! Халтурщик емес адам бар ма-ә, қарақалпақ жазыўшы-шайырларының бәри халтурщик, инанбасаң, батысқа салыстырып көр, мен филологпан-ғо, билемен-ғо ақыры...
(Даўамы бар)
Канал: t.me/BaxitliSaribaev
23. 06
1 091
Сезим сәўбети
Пикирлесе келе үйренип саған,
Жақсы көрип баўыр басып қалыппан.
Қандай бахыт ашық болып жасаған,
Айтқым келер шадлығымды халыққа.
Мазмунлы диалог қалдырып тәсир,
Берген жуўабыңа толады кеўлим.
Сырласыўға имкан туўдырды тәғдир,
Табыстық сөзимиз жарасып, гүлим.
Жүректен қурылған сәўбет арқалы,
Кеўилге жол тапқанымнан қуўандым.
Мийримли тәғдирге алғыс арнадым,
Аспанымда ығбал айым туўады.
Филологпан. Сөзге аўдардым дыққат,
Ҳәр айтылған гәпке жасайман таллаў.
Ышқыңнан хабарлар қойылған ноқат,
Қол келер сәўбетте таңлаған тараў.
Дикцияң жағымлы. Қулаққа унар,
Сыңғырлап жаңлайды тилдеги сеслер.
Сүйиспеншилик сезимим оянар,
Және жарасымлы мимика, жестлер.
Ўақыттың өткенин билместен қалай,
Додалаймыз тәғдир қосығын узақ.
Заўық берип сәўбет, нама ҳәм лимонлы чай,
Сезим отаўында болғанбыз қонақ.
22-июнь, 2026
Бахытлы Сарыбаев
@BaxitliSaribaev
Available now! Telegram Research 2025 — the year's key insights 
