uk
Feedback
Baxıtlı SARÍBAEV

Baxıtlı SARÍBAEV

Відкрити в Telegram

Саған аз-кем сөз унатсам, Басқа бахыт сорамайман. Ибрайым Юсупов Жас шайыр, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы, Қырғызстан Республикасы "Қырғыз ақын-жазыўшылары" жәмийетлик фонды ағзасы Бахытлы Сарыбаевтың дөретиўшилик каналы

Показати більше
1 073
Підписники
-224 години
-27 днів
+1130 днів
Архів дописів
1-октябрь 1-октябрь. Сүйикли байрам, Әдиўли устазлар қәдирленген күн. Шәкиртлер гүлшәннен гүллерди сайлап, Тәжим етип инам етеди бүгин. Нышанлайық қутлы сәнени бирге, Қызғын қутлықлаўға түрейик қулақ. Ҳәр кәсиптиң өз орны бар өмирде, Устазлықтың орны бир бөлек бирақ. Меңгермесин қайсы кәсипти инсан, Устазы болады туўры жол силтер. Кимде бар не өнер, талант ҳәм инта, Жаны менен серлеп устазлар билер. Наўайы устазы Жәмийди сыйлап, Ат жылаўын услап жүрген пияда. Не деген ҳүрмет бул көрсек бир ойлап, Өз парызын орынлаған зияда. Платон көз жумған демде әлемнен, Аристотел жоқлаў қосығын жазған. Үлкен мийнетлерин алып қәлемге, Жүрек меҳрин бағышлаған устазға. Бас кийимин алып устаз алдында, Сый көрсеткен Төлегенге Ибрайым. Қосығы сақланар мәңги ядымда, Қолдан келгенинше мен де жырлайын. Илим-пән, техника жетилген әсир, Устазларға хызмет жүклер жаңадан. Шәкиртте қалдыра алғанда тәсир, Өмирде өзин бахытлы санаған. Инновация қолланылса сабақта, Ерисилер алға қойған нийетке. Ертеңин ойлаған барып узаққа, Устазлар қәдирленер жәмийетте. Өмир, ўақыт, меҳир, көз нуры, инта, Бәрин кәсибине арнайды устаз. Дүньяда аз бундай пидайы инсан, Сиз ҳаққында қанша тәрийиплесек аз. Бүгинги байрамды өткериң жақсы, Шәкиртлер тақ турып ислейди хызмет. Сизлер менен көркем билим жағысы, Мудам көрсетемиз сый, ҳүрмет-иззет! 1-октябрь, 2026 Бахытлы Сарыбаев @BaxitliSaribaev

photo content

#1_октябрь #Устазлар_байрамы #Қутлықлаў Ассалаўма әлейкум! 1-октябрь - Устазлар ҳәм муғаллимлер күни менен республикамыздың билимлендириў тараўында жемисли мийнет еткен, ислеп киятырған барлық оқытыўшы ҳәм муғаллимлерди, турмыс сабақларын үйреткен устазларымызды шын жүрегимнен қутлықлайман! Тараў пидайыларының өмиримиздиң даўамшылары, келешегимиздиң қурыўшылары болған жас әўладларды ҳәр тәреплеме жетик, кәмил инсанлар етип тәрбиялаў жолындағы машақатлы, ийгиликли ҳәм жуўапкершиликли ислеринде талмас күш-жигер, беккем денсаўлық, тасқын табыслар тилеймен. Устазларымыз ҳәмийше шәкиртлериниң тилге тийек етерлик жетискенликлерине гүўа болып, сый-ҳүрметинен шадланып, кәсиплик бахытқа бөленип жасай бериўлерине тилеклеслик билдиремен! Дүньядағы барлық кәсиплердиң сағасы муғаллимшилик десек қәтелеспеймиз. Себеби, қайсы кәсип ийесин алып қарамайық, олардың бәршеси дәслеп устазлардан тәлим-тәрбия алып, өз қәнигелиги бойынша билимлерге ийе болады. Билим бағының бағманлары болған оқытыўшылар ҳәм муғаллимлер алдында тәжим етип, пидайы ислериңизге алғыс айтамыз. Байрамыңыз қутлы-мүбәрек болсын! Ҳүрмет пенен Бахытлы Сарыбаев t.me/BaxitliSaribaev

Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман - Ойнап айтып атыр, қойса, Нурқасым! Кешир Тимурды? - Жақ, түсир Тимур! - Түспейсең. Қорқпай-ақ қой, бизлер тиймеймиз, лейтенант айтты... - Не деп? - "Босанған ешек, өз арқанына өзи оратылып өледи" деди... - Онда сени айтқан-дә! - Жақ, мен ҳеш жерден босанып шығып киятырғаным жоқ! Темирхан машинаны Нурлепестиң босағасына тиреп тоқтатты. - Лейтенант "әкесиниң қолына тапсыр" деп еди, түс! Өзиң барамысаң, я апарып тапсырайын ба? Нурқасым үндеген жоқ, түсти де үйине кирип кетти. Машинаның сыртылдап жабылған қапысына да, дырылдысына да итибар берген жоқ. Ызғар тартқан, ымырт тартқан, төрине ешки байланған, жантақ шөкирлер жайрап атқан, арқадан қойылған кишкене әйнектиң де сынған еки көзине картон қағылған, сонлықтан да қараңғы әйўан Нурқасымға бағанағы қамақханадан да кеўилсиз туйылып, негедур кеўил жүдеп сала берди. Ҳәмме отырып чай-пай ишетуғын жайға кирсе үш пиян - Сийсен, Нөкер Ниязов, Турдыбай шайыр қыйда қайыс қыйрап атыр. Турдыбайдың шүйелли ийегине Нөкердиң шуўашы қатып-қатып, ғағырлап қалған нейлон носкийиниң өкшеси тийер-тиймес, ал Турдыбай шайыр Сийсенниң етеги түрилип кеткенликтен жалтырап көринип атырған қурсағының киндиклигине бас қойып, киндигинен бир саза тыңлап атқанға меңзейди, Турдыбайдың ҳәр түги аттың қуйрық қылындай жуўан ҳәм ғайбар шашларының ушына шыққан кепектей қайызғақлар. Турдыбай шалынған ҳәйўанға меңзеп ҳәм қарқыраған сайын дирилдейди екен, ғайры тәбийғый ҳалда Нурқасым өзиниң соны серлей алғанына ҳәм таңлана алғанына таңланды. Үш аўыздан бирден гә пысылдап, гә қарқырап шығып атырған сасық, бәд ийислердиң жүрегин айнытқанлығы соншелли, аўызын басып сыртқа жуўырды. Лийкин қуса алмады. "Апа-а, аға-а!" деп, жайдың әтирапын айналып шықты. Жан жоқ. Ақыры келип, Сийсенди жулқыды: - Апамлар қайда кетти?! - Түрмеге! - деди де тағы сылқ етти Сийсен. - Баласына кетти... Нурқасым өжирениң қапысын ашық қалдырып, әйўанға шықты да: "не қылсам екен?" дегендей, жән-жаққа қарап турды. Биринши гезекте әйўанның қапысын ашты. Ишке февральдың соңғы күнлериниң бәҳәр леби аралас салқын ҳаўасы қуйылды. Ешкилерин жыңғыл менен қыпсаланған шертектиң астына шығарып байлады. Гүўендеги ылақларына "тоңып қалар" деп, тиймеди. Соң тырманы алып, барлық самтықты қапының алдына әкелип жыйды да, сыртқа шығарып таслады. Ешкиниң қумалақларын, қысы менен жент болып қалған көнди ортаға үйгенде тәўир-ақ бир намбар үйилди. Ләгенлеп сыртқа шығарып жүргенинде: "күндегисин күнде үсейтип шығарып таслай бергенде үйдиң иши буншелли көңирсимес еди-аў!" деген ой келди. Тағы да өзине өзи: "мен усы ушын кимди гиналап турман-әй, кемпир-ғаррымды ма, я малдан парқы жоқ еки пияншикти ме?!" деп таңланды, өзиниң есейе баслағанын ҳәм ол тап усы күни сезинди. (Даўамы бар) Канал: t.me/BaxitliSaribaev 01. 10

Respublikalıq Balalar kitapxanasında "Muǵallimler hám ustazlar bayramı" keń túrde belgilendi. ❇️Ǵárezsiz mámleketimizdiń ertengi keleshegi kámil insanlardı tárbiyalap jetilistiriwge óziniń barlıq ómirin baǵıshlaǵan ullı insanlar bolǵan muǵallimlerimiz benen qádirli ustazlarımızdıń "1-oktyabr Muǵallimler hám ustazlar kúni" múnásibeti menen "Ustazım-ullı maqtanıshım" atamasında bayram ilajı hám "Ustaz-ómir jolımızdı jarıtqan shıraq" atlı kitap kórgizbesi shólkemlestirildi. ❇️Bayram saltanatına bir qatar taraw xızmetkerleri menen paytaxtımızdaǵı 13-sanlı ulıwma bilim beriw mektep oqıwshıları hám Nókis rayonı "Keleshek orayı"nıń "Jas qálemkeshler" dógerek aǵzalarıı qatnastı. ❇️Bayram ilajında Ózbekstan Mámleketlik dene tárbiyası hám sport universitetı Nókis filialınıń qaraqalpaq tili hám ádebiyatı páni oqıtıwshısı, Ózbekstan hám Qaraqalpaqstan Jazıwshılar Awqamı aǵzası B.Sarıbaev hám basqalar shıǵıp sóylep, ózleriniń barlıq ómirin, qálbindegi nurın, mehrin balalarǵa baǵıshlap, olarǵa ilim-bilim, óner sırların úyretip, xalqımızdıń izzet-húrmetine, sheksiz alǵısına miyassar bolǵan ustazlarımızdı kásiplik bayramları menen qutlıqlap, óz minnetdarshılıqların bıldirdi. ✅Ilaj dawamında qábiletli mektep oqıwshıları tárepinen tayarlanǵan qosıq-taqmaqlar jıynalǵanlarǵa bayram keypiyatın baǵıshladı. 📶Respublikalıq balalar kitapxanası málimleme xizmeti Telegram|Facebook|Instagram I You tube

photo content
+3

Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман Темирхан менен Бердаш Әмирханның "Москвичи" менен әкеси айтқан полковникке барып, түске шамаласқанда жолықты. Полковник Нурқасымды, тап бир адамның күши жетпейтуғындай жаў-жарақлы еки милиционерге айдаттырып алдына алдырды. Өмирде милиционердиң қолына түсип, бундайды көрмеген бала кешеден берги ақырыў бақырыўлардан, турпайы қатнасықлардан-ақ жүреги жарылып, полковник: - Әкең урыс қатнасыўшысы, инвалид екен, ол Ўатан қорғап қолын берген, сен нени қорғаў ушын балта алып шықтың, ақмақ! Қамаласаң енди, өмириң қор болды-аў! - дегенде көз жасы мурынының суўына қосылып еңиреди. Полковник рәҳим етти. - Өзиң балталап өлтирмекши болған еки бала, тәрбия көргендағы, ақыры, сени сорап келип тур, әкеси де жақсы адамдағы, ақыры, жақсыда кек болмайды, азанлы берли телефонды безилдетип тынышлық берген жоқ, е-е-е, кек сендей жаманларда болады, ақмақ! Ҳәзир балаларды шақыраман алдыңа, аяқларына жығылып жыла, кеширим сора, сонда ғана мен жиберемен!.. Темирхан менен Бердаш кириўден: - Әпиў ет, Темирхан, сени көп арқалап едим, әпиў ет, ағаңман ғой! - деп аяғына жығылды, соң еңбеклеўи менен Бердаштың аяғын қушақлады, ҳәтте, оң қанатқа арқасын берип отырған лейтенанттың да жүреги елжиреп сала берди: - Мен тергеп көрдим, балада айып жоқ-ғо, неге бүйтип атыр, полковник жолдас! - Адам өлтириў ушын балтаны алып шыққаны факт пе, факт! Усы факт! Усы факт жынаят па, жынаят. Жолдас лейтенант, жынаят кодексин жақсы оқып билип алғаныңыз мақул. "Енди бундай етпеймен" дегизип хат жаздырып алып қал бул бандитке. Ертең адам өлтирип келгенинде өзиңизге сол хат ақлаў болады, лейтена-ант, уқтыңызба енди: - Енди уқтым. - Уқсаңыз болыпты, қудайға шүкир! Ал енди, алып шықта айтқанды булжытпа! - Булжытпайман, жолдас полковник!.. Ырасында да, лейтенант тапсырманы булжытпай орынлады, тил хат алды, тигип қойды, балаларды жарастырды, анаў еки балаға: "Айтқаныңыз бола бергенге ақыя бермең! Айып өзлериңизде! - деди аўлағына алып қалып. - Адамларды тақаты түйесилгенше күйдире берсеңиз, нызамнан теңлик таппаған адам маңлайыңызға балта менен былш еттиреди де қояды!" - Былш еттирер мынаны! - Темирхан бас бармағын еки бармағының арасынан көрсетти. Лейтенант "тумсығына алдырсамбекен?" деп турды да: - Онда билгениңди қыла бер! - деди тисленип. - Босанған ешек арқанына оралып өледи! Былай шыққаннан соң артқы отырғыштағы Нурқасымның жылай-жылай кирғожалақланған түрине қарсы алдындағы айнадан қарап: - Нурқасым, - деди ҳөктем даўыс пенен, - Сени ҳәзир "Ашшы көлге" апарып, шөгирип жибериў ҳәм соң "суўға кетти!" деп жар салып, қутылып қалыў ҳәм бизлердиң қолымыздан келеди. Так что, буннан былай бизлердиң жолымызды кеспе, Айтбайдың Бийбирабасы сениң еки туўған егизиңниң сыңары емес... - Өйтип ерегистирсең, мен онда қайтып бараман да тюрьмаға кирип жатаман! Билип қой, Тимур, мен қанатыма тығылған қусты қуўып жибере алмайман. Машинаңды тоқтат та мени түсирип кет!.. (Даўамы бар) Канал: t.me/BaxitliSaribaev 30. 09

photo content

Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман - Қолынан келгенин қылсын онда! - Әмирхан қасарысты. - Ким аш-арық болса, ақмақлығынан, ақмақты ақыллыларға қул етиў ушын алланың өзи жаратып қойыпты. Хрущев ҳәм әбден "ақмақлар езилмесин" деп жүрген жоқ, оны да ақмақлар яндырып атыр, жазсын, қәне, арзасы қайерге шекем жетер екен, мыңсан еки өткелек бар, бәри бир, қайда жазса да түби айланып, усы жерге келеди-ғо, усы жерге келсе, бәри бир, ол ақмақлар емес, қайнағаң зор, қаршығам, көп қыяллана бермей қайта бер, бул исиң питпейди. - Онда... - қылымсыңқырап турды. - Өзим питкерсем кейимейсиз бе, бул исте бизиң баланың да қолы бар-ғо ақыры, қайнаға, араласыўға ҳақым бар шығар... Әмирхан шағажақ көз әйнекли жыландай омыраўын көтерип, жылан көзленди, соң тилин шығарып, еринлерин жалады. Буның қатты қызғаныш бийлегенде ҳәм усы қызғанышы менен бақталасын бассалмаға шәйланғанында усы түске енетуғынын сонша жылғы қостары мынаў отырған Үбайда билмесе де Айбөрек жақсы биледи. Сондай-ақ, буны буншелли қырсықтырып отырған қызғаныш та Айбөрекке аян: Әмирханды таслап, Жеткерген менен кеўиллесип - қойынласып кетти. Жеткерген, әлбетте, Әмирханнан абырайлы ҳәм қатерели, Әмирханнан дәли де, бай да, әдилирек те. Буны Әмирханның өзи де абайламайды емес, абайлайтуғыны Айбөрекке де мәлим. Айбөрекке негедур, жақыннан бери Әмирханның қытығына тийе берген унайды, буны Әмирхан да Айбөректиң қылықларынан сезип жүр. Ҳәзир не қылса екен, "бар, босата алсаң босат!" десе, Әмирхан қанша қарсы турғаны менен Жеткергенниң бир қоңыраўы менен босаттырады да жибереди. Бала босанбастай да жынаят ислеген жоқ, әри жас. Әмирхан не деп тырмасады оған! Соны сезген соң... - Яқшы-ыы, келин, көзинен көз әйнегин алып, үпледи, соң сүлги менен сыпырып отырып сөйледи. - Көп қатере сала бермейтуғын едиң, айтқаныңды қылмасақ болмас!.. - Берекет тап, қайнаға! - деди қуўанған түр билдирип Айбөрек. Үбайда: "Сөйтеғойса, папасы!" деп, ырасы менен-ақ қуўанып атыр. Баласы Темирхан әкесиниң усындай қүдиретлилигине мардыйды. - Бердаш пенен Темирхан барып босатып қайтады!.. - Мен бармайман!! Кес геллем, бармайман!.. - Отырр! - Турып баратырған жеринен жекиринип отырғызды әкеси. - Не ушын бармайсаң, өзим звонлайман ғой! - Сонда Нурқасымға: "кешир мени!" - деп жалынамыз ба-а?! - Жалынбайсыз, Нурқасым сизлерге жалынады... - Жалынбайды!... - Жалынбақ түўе аяғыңызды жалатаман! Машинаның гилти қалтамда! - деўден бала жибисип сала берди. - Тез жөнелиң, статья қондырып жиберсе шығарыў қыйын болады. Сизлер жетемен дегенше мен ҳәм сөйлесип үлгерермен. А-ал, келин, яман-ә өткирсең-дә, өткирсе-ең! - Енди... өзиңизден жуққан қәсийет-тәә папасы-ы! - деп, Үбайда да илип қалды. Айбөректиң бирден түси суўып сала берди, лийкин жылап турып, бирден күле алатуғын, күлип турып, жылай алатуғын қәсийеттиң шебери сыңқылдап бир күлип берди де: - Ол қәсийет қайнағаның қанатының астынан шыққанлардың бәринде де ба-ар, - деди лийкинлилеў. - Ойын ғой, ойыннан айырмағай, - деп шығып кетти. (Даўамы бар) Канал: t.me/BaxitliSaribaev 29. 09

☀️Ҳәрбир жағдайды жақсы көрип билиң.☀️ 🔆Өмиринизде болып атырған ҳәрбир жағдайды жақсы көриўиңиз ҳәм усы мәўритти қәдирлеўиң
☀️Ҳәрбир жағдайды жақсы көрип билиң.☀️ 🔆Өмиринизде болып атырған ҳәрбир жағдайды жақсы көриўиңиз ҳәм усы мәўритти қәдирлеўиңиз керек. 🔆"Егер ондай болмағанда, бундай болмас еди", "бундай болса жақсы болар еди" деген сөзлер сизди шалғытыўшы сөзлер болып есапланады. 🔆Өмириңизде болып атырған ҳәрбир жағдай жақсылыққа, оны қабыллаң, жақсы көрин, оннан қуўаның ҳәм рәҳәтлениң. 🔆Бир нәрсеңизди жойыттыңыз ба, разы болын. Ҳәммеси өзгереди, өмир даўам етеди. 🔆Ертең ҳәммеси өзгерип, басқаша болыўы мүмкин. Булардың ҳәммесин дурыс қабыл етиң ҳәм миннетдар болың. 🔆🔆🔆🔆🔆🔆 @Psixolog_Baxit

Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман Соның ушын ҳәм сениң усындайлығыңа, бизиң бундайлығымызға заманның өзи айыплы... - Биз қандай екенбиз өйтип жүдә?! - Қандай екениңди, қәйтип күн көрип атырғаныңды, кимниң арқасынан күн көрип атырғаныңды бизден гөре өзиң яқшы ғана билесең, оны бизден сорамай-ақ қой, сорай берсең биз ҳәм айта берермиз, оннан соң бизден кеўилиң түкал қалып қоярдағы, сәлемлесиўимиз қыйын болар. Оннанша сен мына шәртке көн: өзлериңиз қаматып жиберген Нурқасымды таңның атыўына тәнҳа өзин шығарып әкелип бересең. Егер бермедиң бар ғой, барлық сырыңды билемен. Мынаў турған Турдыбай шайырға қосық тоқытаман-дә, ийт масқараңды шығараман! Оны балаңның баласы ядлап жүретуғын болады... - Ҳәй, бул не? - Айбөрек келип қалды. - Неге даўысың бәлент шығып атыр. Нөкербай, сен бир ақ көкирек, еден жигитсең ғой, өкпеңди меннен жасырмайсаң, әлбетте. - Мен "Нурқасымды алдырып бер, уят болады" десем, мынаўың арысқа тебежақ. Турдыбай шайыр буныңды қашшан қосыққа қолайлап атыр, неғылсын, шығара берсин бе қосығын?! - Ҳимм, мақтап шығарса ҳеш гәп. Шайырға пәлен деў қыйын. Ал енди, мына кисини қонағы сорап атыр, - деди жаўқылдап. - Нурқасымды өзим мойыныма аламан... - Әнее, айтпадым ба, буннан ҳаялы зоорр!.. - Олай деме, Нөкер, "алтын баслы ҳаялдан бақа баслы ер артық!". Бизиң шалқып жүргенимиз де Жердаштың арқасынан, бизге Жердаш болмақ қайда! Ҳаў, еле ишип болмадыңыз ба?! - Тутсын деп тамызықтан ишип атырмыз! - Сийсен жалаңаяқланды. - Палызға келип, пәлле кемиргеннен қудай сақласын! Ал енди, жигитлер, жағдай айтты демең, еки жаққа алаң болып атырман. Басқа жаққа апарып ишсеңиз, арағыңыз меннен... - Айттымғооо "ҳаялы зор" деп!.. Аздан соң Айбөрек бас-басына бир шийшеден услатып дәрўазадан шығарды да илип қалды. - Сөйлесип турған адамларыңның сыйқын қара! - деп жеркти Жердашқа. - Булар менен балтамтап айтысып турғанша сөйтип қутыла қоймаймысаң? Ҳаў, жылан киргенде де басына қатық қуйып шығарар болар!.. Айбөрек ўәдесинде турды. Азанда Жеткергенди узатып салған соң тип-тикке Әмирханның үстине кирди. Ҳаялы, баласы үшеўи ортаға тандыр кәбапты, түрли ширени қойып, қаймақ қатылған ҳинд чайын ишип отырған екен. - Бир ашыўыңызды бериң, қайнаға, - деди әлмисақтағы ойнасына қыздай қымсынып. - Әри урды, әри үстем атанбай-ақ қойың, өзиңиз шығарың да жақсы ат алың. Мың айтқан менен елтири тонның жағасы, ел-халықтың ағасысыз. Аға деген үлкен көпир, көпирден журт олай-былай өтер болар, сондайда мыңқ етсе көпирдиң көпирлиги қайда!.. - Аппырмай, Айбөрек келин, жаман жерден туттың-аў! "Бир-еки күн жатсын, тәмби болыңқырасын" деп едим. Бул журтқа бүгин таўығыңа "төт" дегизсең, ертең малыңды, оннан соңғы күни өзиңди сабайды, тартыңқырасындағы сазайын! - Жақ қайнаға! - Тилла сырғасын жалт-жулт еттирип басын шайқады. - Түни менен усы үйден шыққан шала пияңларды күттим. "Хрущевқа шекем айдасамыз, аш-арықты езип атырсызлар!" дейди, рәмәўизи жаман! (Даўамы бар) Канал: t.me/BaxitliSaribaev 28. 09

"Meniń teńlesim" 👉kórsetiwiniń náwbettegi sanınıń miymanı 👉Gúlbanıw Maxambetalieva student 📺➖ONLINE JASLAR TV        🌐➖INSTAGRAM                    ✅➖TELEGRAM        📹➖YOU TUBE    🟦➖NUKUSFM100.4 🌐➖SAYT                                 ✅➖FACEBOOK        🥳➖QUTLIQLAW

Гейбир жүреклер бар, қанша өкпелетсеңде, жек көриўди билмейди. Гейбир жүреклер бар, қанша ҳүрметлесең де, жақсы көриўди билме
Гейбир жүреклер бар, қанша өкпелетсеңде, жек көриўди билмейди. Гейбир жүреклер бар, қанша ҳүрметлесең де, жақсы көриўди билмейди. 📖 https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман "Түсиник хат жазың" деп еди, тағы соны жазып бердик. Сөйтип отырып қорқамыз ҳәм: "Қәне, текстин айтып бериң онда гимнниң!" десе биреўимиз ҳәм билмеймиз, сирә милицияға қолы күшли, мийи әззи гешшелер жыйнала береди деп ойлаппыз ба! Қарап жибер, Сийсен, жаңағы телефон урып шақыртқан машинаң келген жоқ па?! - Турдыбай қарап қайтсын-дә! - Ўәй, машин өтсе дырылдайды-ғо! - деди Турдыбай да өзинен қашырып. - Сөйтип, Нөкер Ниязыш, өзи не болды?! - Не болатуғын еди, шығарып жиберди, штраф түўе жамбас пулы да алған жоқ! - деп мардыйды Нөкер. - Жердаш-аў, - даўысын уяң шығарды. - Сен бизлерди "усылар пияншик" дейтуғын шығарсаң, жақ... - Жақ, өйдемеймен-аў! - Жақ, сөйдейсең! Өйдеўге дәлийлиң бар, дәлийлиң: бизлер күнде ишемиз. Эээҳҳ, бизлердеги дәртти саған берермеди, сен де ишерең! Ишпей не қыламыз, урының, парахордың дәўлети жүрип атырғанын, пахыр-пухараны сол уры-ғарлар табанда езип атырғанын көрип жүрмиз, түсинип жүрмиз, аяймыз бийшараларды, қолымыздан дым келмейди! Гүресейик, айтысайық, шертисейик, мына жигирма манат пенсиясы пөлке нанына жетпей отырған Нурлепес қусағанлардың өшин алыў ушын сендей, мынаў Әмирхандай мықлы жудырықлардың үстинен арыз етейик десек, кимге арыз етемиз! Сизлер арыз ететуғын ҳәмелдарларымыздың аўызын тығынлап таслағансыз!.. - Ўәй-ўәй-ўәй! - Сийсен күйинди. - Усы, мына шәшликти де жегизбейин деп тур-аў!.. - Я-аақ, мен сирәдағысын айтып түсиндирип атырман, Жердаш, сен оған ашыўланба. Мәселен, енди сизлер аўызын тыққан төрелердиң үстинен оннан үлкен төреге жазайық десек, ол төрениң де аўызы бос емес, әәәй, - қолын бир силикти Нөкер. - Дүньяны сен теңлестиремисең, алып жибер ғәрип жаныңа Нөкер Ниязыш! - деп, өзине өзи марапат берди де "ғәрип жаныңа" алып жиберди. "Әне-е, жаңа ақылыңа енип, басыңа пайдалы иске көштиң!" деди Сийсен ҳәм ҳеш ким менен қағыстырмастан, бул да "ғәрип жанына" жеткерди. Соң ортадағы ләккиге жән-жақтан созылған қоллар аўызларға шәшлик тасыўға қарады. Нәйин-нәйин шәйнап турып, гәпин даўамлады Нөкер, бул - бир гәпти басласа ақырына жеткермей, шуқ-шуқына таямай қоймайтуғын адам ғой: - Ал енди-ии, - столды ислик пенен шоқып турып нықлады. - Сол теңсизликлерди көрип жүрип, өзиңниң нәкәслерден әззилигиңе күйинип ишемисең, Турдыбай шайыр, ишпеймисең!.. - Табылса ише беремиз ғой! - Не ушын сен ише бересең, мыналар неге, - Жердашқа исликти шошайтып көрсетти. - Табылса да ише бермейди, себеби, буларда дәрт жоқ!... - Қойсаң-әә Нөкер! - Жердаш ашыўлы оқыйды. - Мендеги дәртти сен қайдан билесең? Сен өзиңниң бахытсызлығыңды кисиден көрме! - Кимнен көремен?! - Қудайдан көр, қудайға исенбесең өзиңнен көр. Сениң бахтың жанбай жүргенине ҳүкимет айыплы емес, ҳүкимет жүдә пәкизе!.. - Ҳаўўа-дә! - Ермекледи Нөкер. - Сизлердейлерге жүдә пәкизе! Сен, бирақ, билип қой, бизлер дәўир дөреткен адамбыз, бизлердиң трагедиямыз - дәўирдиң трагедиясы! Заманы қандай болса, адамы сондай (Даўамы бар) Канал мәнзили: t.me/BaxitliSaribaev 27. 09

#Умытпаң Сиз өзиңиз ең алды менен әпиўайы ғана нәрселерден қуўанып, ләззетленип, бахытлы болыўды үйрениң! Сиз өзиңиз бахытлы
#Умытпаң Сиз өзиңиз ең алды менен әпиўайы ғана нәрселерден қуўанып, ләззетленип, бахытлы болыўды үйрениң! Сиз өзиңиз бахытлы болсаңыз, әтрапыңыздағыларды да бахытлы ете аласыз әзизим! 💞💞💞💞💞💞💞💞💞💞💞💞 https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Шаўдырбай Сейтов Жаман шығанақтағы Ақтуба Роман - Ишкерилейик-дә! - деп күлди Сийсен. Жердаш күлмеди: - Жа-ақ, ишкерилесек жарасып кетемиз... - Жарассақ жарасамыз-дә! - Онда Нөкербай төбелестен бийнесип қалады! - Шәшлигиңди әкеле бер, мен төбелес шығара жақ болсам төринде отырып ҳәм дузлығыңа түпире аламан! Тек мына Айбөректи қыймай турман-дәә, болмаса ғой... - Ҳә, сөйтсе, Нөкер, бизди сыйла, ақыры! Бир шийше арақ та берейин бе?.. - Соны да сораймекен! - Нөкер бирден жибисе баслады. - Оннанша шортанға: "суўға жиберейин бе?!" десеш?... - Жердаштан ҳаялы мәрт деп еди, ырас екен-ғо! - деп гәп қосты Айбөректиң бийтанысы: - Кеширерсиз, өзимди таныстырайын: Турдыбай шайыр Ахметниязов! - Айбөректиң буўынсыздай былқылдақ қолын қалың ләплерине апарып шорп еттирди ҳәм: - Нағыз джентельменлерше болсын-дә ақыры! - деп күлди. Ҳаял "шайыр" сөзин еситкен соң: "булар менен төрели адамлар да жүреди екен-аў?!" деген қыялға кетти ҳәм бурынғыға қарағанда да өлпең бағыс пенен тәбәссүм берди, соң ҳәтте "менде муҳаббет дегеннен түк жоқ!" деп жүрген Турдыбай шайыр Ахметниязовтың да ықласын өзи менен қоса ырғалдырып, ишке кирип кетти. Көп кешиккен жоқ, тез шықты: - Мынаў шайырдың пайы! - деп, бир қыл мойын пайтахтың ақ арағын столдың үстине қойды. - Кеширерсиз, шайыр аға, өз алдыңызға мийман болып келгенде бир уқшатып күтермен, бүгин қонақ үстине қонақ болмай-ақ қойың... - Жа-ақ, қарындасым, ҳасла қысынбаң, бизлер деген простой адамбыз. - Ҳаўўа, етик майшының будкасында да урып кетемиз десе!.. - Өлим, Нөкер! Барлық арақты мениң арқамнан ишесең, тағы мени басқылайсаң! Бул жердиң кәбабынан да айырайын ба со!.. Шофер-шәшликши жүдә жеңил аяқ, мийзамкеш Жердаштан да ылпылдақ-жылпылдақ екен, бир ләккиге үйип, иси менен шәшлик қойды, көк пияз, көк пияздың үстине сирке септи. Айбөрек шайырды нәзерлеп: - Ал енди, мийманлар демеймен, жигитлер дейин, өзли-өзиңиз ҳәзлесе бериң, жигитлер. Мен иштеги қонақтан хабар алайын. Сизлердиң хызметиңизге Жердашты қалдыраман! - деди де ырғалып ишкерилеп кетти. - Конферанс хабарлаған соң номерди атқармақ керек, - деп созды даўысын Нөкер Ниязов арақ қуйып турып. - Түбинде бүгин бизге кәбап жеў несийип еткен екен, Турдыбай шайыр, не қыламыз, басқа түссе жей бересең-дә! "Бир қапы жабық болса мың қапы ашық!" А-ал, кеттик! Әдалатлық ушын, молшылық ушын, коммунизм ушын!.. - Ең болмаса коммунизмди арақ ишкенде қойып турайық-дә!.. - Жа-ақ, билмейсең сен Сийсен! Мен сиясий тон кийгизип атырман! Ҳәзир милиция келип: "не ушын ише қойдың!" десе, "коммунизм ушын иштим" деймен, қәне оннан соң коммунизм ушын ишкен адамды айықтырыўханаға қамап көрсин, не көрер екен! Бир сапары, Жердаш, паркте уят қосық айтып бақырысып едик, студент ўақта-аў, төрт бала едик, төртеўимизди де апарып қамап таслады... - Өзиң көзиңди ашқалы қамақтан шықпай-ақ киятырған екенсең-ғо!... - Сөйтип, азанда Таўмурат деген майор шақырып: "ҳим, хулиганлар, не қосық айтып едиңиз?" демей ме, аўызыма түсе кетти. "Советлер аўқамының гимнин айтып едик-ғо!.." дедим садасырап. Қасымдағылардан да сорап еди, олар да сөйдеди. (Даўамы бар) Канал: t.me/BaxitliSaribaev 26. 09

​​​✨Өзинде жоқ нәрселер ушын қайғырмайтуғын, барына қуўанатуғын инсанлар - ақыллы инсанлардур! ©Сократ @Psixolog_Baxit
​​​✨Өзинде жоқ нәрселер ушын қайғырмайтуғын, барына қуўанатуғын инсанлар - ақыллы инсанлардур! ©Сократ @Psixolog_Baxit