en
Feedback
ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ

ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ

Open in Telegram

ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ – Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Бердақ атындағы мǝмлекетлик сыйлық лауреаты, талантлы шайыр, аўдармашы. Байланыс ушын: @Orekeev_Azamat Тағы да каналлар @Tolepbergen_Matmuratov @Kengesbay_Raxmanov @Tengelbay_Sarsenbaev

Show more
553
Subscribers
-124 hours
-47 days
-930 days

Data loading in progress...

Tags Cloud
No data
Any problems? Please refresh the page or contact our support manager.
Incoming and Outgoing Mentions
---
---
---
---
---
---
Attracting Subscribers
September '26
September '26
+1
in 0 channels
August '26
+16
in 2 channels
Get PRO
July '26
+20
in 2 channels
Get PRO
June '26
+9
in 1 channels
Get PRO
May '26
+10
in 0 channels
Get PRO
April '26
+14
in 0 channels
Get PRO
March '26
+48
in 9 channels
Get PRO
February '26
+38
in 3 channels
Get PRO
January '26
+22
in 1 channels
Get PRO
December '25
+20
in 0 channels
Get PRO
November '25
+19
in 0 channels
Get PRO
October '25
+40
in 2 channels
Get PRO
September '25
+25
in 4 channels
Get PRO
August '25
+21
in 1 channels
Get PRO
July '25
+26
in 1 channels
Get PRO
June '25
+20
in 2 channels
Get PRO
May '25
+29
in 0 channels
Get PRO
April '25
+29
in 5 channels
Get PRO
March '25
+47
in 6 channels
Get PRO
February '25
+52
in 4 channels
Get PRO
January '25
+54
in 6 channels
Get PRO
December '24
+45
in 2 channels
Get PRO
November '24
+48
in 4 channels
Get PRO
October '24
+56
in 4 channels
Get PRO
September '24
+47
in 1 channels
Get PRO
August '24
+30
in 0 channels
Get PRO
July '24
+44
in 2 channels
Get PRO
June '24
+20
in 5 channels
Get PRO
May '24
+22
in 5 channels
Get PRO
April '24
+39
in 2 channels
Get PRO
March '24
+105
in 6 channels
Get PRO
February '24
+38
in 1 channels
Get PRO
January '24
+45
in 2 channels
Get PRO
December '23
+67
in 2 channels
Get PRO
November '23
+69
in 5 channels
Get PRO
October '23
+49
in 0 channels
Get PRO
September '23
+362
in 0 channels
Date
Subscriber Growth
Mentions
Channels
10 September0
09 September0
08 September0
07 September0
06 September0
05 September0
04 September0
03 September+1
02 September0
01 September0
Channel Posts
Eskertiw Qalıń maldıń qurbanı bolıp, Jat qarmaqqa ilige ketseń, Áptap urǵan ǵumshaday solıp, Gúl jarıwǵa ázzilik etseń, Qayda
Eskertiw Qalıń maldıń qurbanı bolıp, Jat qarmaqqa ilige ketseń, Áptap urǵan ǵumshaday solıp, Gúl jarıwǵa ázzilik etseń, Qayda onda qosılıw bizge! – Sum ayralıq pánjesin urar. Aq júzińdi aymalap ózge, Seniń menen saltanat qurar. Meni joqlar júregiń biraq, Yadqa alıwlar tańlayda tatır. Aylı túnde jamılıp japıraq, Tuńǵısh posa alǵanman aqırı!... Kúyewińniń awlaǵın alıp, Kóz salarsań eń sońǵı xatqa. Kirpigińnen tamshılar tamıp, Hám talpınıp qımbatlı atqa: O, sen shiyrin qıyalım, xosh qal! – Bizdi táǵdir qospadı! – derseń. Jaqsı táǵdir, jaynaǵan ıǵbal, Óz qolıńda gúrese bilseń!... 1959-jıl. Shawdırbay Seyitov «Soqpaǵım, meniń qaydasań» kitabınan (1966) Kanalǵa aǵza bolıwdı umıtpań: 👇 @Shawdirbay_Seyitov

2
Eskertiw Qalıń maldıń qurbanı bolıp, Jat qarmaqqa ilige ketseń, Áptap urǵan ǵumshaday solıp, Gúl jarıwǵa ázzilik etseń, Qayda
Eskertiw Qalıń maldıń qurbanı bolıp, Jat qarmaqqa ilige ketseń, Áptap urǵan ǵumshaday solıp, Gúl jarıwǵa ázzilik etseń, Qayda onda qosılıw bizge! – Sum ayralıq pánjesin urar. Aq júzińdi aymalap ózge, Seniń menen saltanat qurar. Meni joqlar júregiń biraq, Yadqa alıwlar tańlayda tatır. Aylı túnde jamılıp japıraq, Tuńǵısh posa alǵanman aqırı!... Kúyewińniń awlaǵın alıp, Kóz salarsań eń sońǵı xatqa. Kirpigińnen tamshılar tamıp, Hám talpınıp qımbatlı atqa: O, sen shiyrin qıyalım, xosh qal! – Bizdi táǵdir qospadı! – derseń. Jaqsı táǵdir, jaynaǵan ıǵbal, Óz qolıńda gúrese bilseń!... 1959-jıl. Shawdırbay Seyitov «Soqpaǵım, meniń qaydasań» kitabınan (1966) Kanalǵa aǵza bolıwdı umıtpań: 👇 @Shawdirbay_Seyitov
1
3
Ескертиў Қалың малдың қурбаны болып, Жат қармаққа илиге кетсең, Әптап урған ғумшадай солып, Гүл жарыўға әззилик етсең, Қайда
Ескертиў Қалың малдың қурбаны болып, Жат қармаққа илиге кетсең, Әптап урған ғумшадай солып, Гүл жарыўға әззилик етсең, Қайда онда қосылыў бизге! – Сум айралық пәнжесин урар. Ақ жүзиңди аймалап өзге, Сениң менен салтанат қурар. Мени жоқлар жүрегиң бирақ, Ядқа алыўлар таңлайда татыр. Айлы түнде жамылып жапырақ, Туңғыш поса алғанман ақыры!... Күйеўиңниң аўлағын алып, Көз саларсаң ең соңғы хатқа. Кирпигиңнен тамшылар тамып, Ҳәм талпынып қымбатлы атқа: О, сен шийрин қыялым, хош қал! – Бизди тәғдир қоспады! – дерсең. Жақсы тәғдир, жайнаған ығбал, Өз қолыңда гүресе билсең!... 1959-жыл. Шаўдырбай Сейитов «Соқпағым, мениң қайдасаң» китабынан (1966) Каналға ағза болыўды умытпаң: 👇 @Shawdirbay_Seyitov
116
4
#САҒЫНБАЙ_ИБРАГИМОВ_70_ЖАСТА Устаз – Ҳәмийше жаслар менен бирге😊 @QRjas_doretiwshiler+6
#САҒЫНБАЙ_ИБРАГИМОВ_70_ЖАСТА Устаз – Ҳәмийше жаслар менен бирге😊 @QRjas_doretiwshiler
99
5
"Билимли адам - сабақлы ийне, кесиндилерден пүтин кийим шығара алады. Ал, билимсиз адам - қайшы, пүтин кийимди қыйындыларға  айналдырып қояды". Сағынбай ИБРАГИМОВ. @katharsis_nukus @gulnara_ibragimova_daniyarova
102
6
#Лирикалық_шегинис Мийзан (сентябр) айы да қарақалпақта шайырлар байрамы деўге болады. Өйткени, гүздиң дәслепки сәнеси де Төл
#Лирикалық_шегинис Мийзан (сентябр) айы да қарақалпақта шайырлар байрамы деўге болады. Өйткени, гүздиң дәслепки сәнеси де Төлепберген Мәтмуратов, Сағынбай Ибрагимов, Пердеғалый Дабылов сыяқлы бир қанша шайырлардың дүнйа есигин қаққан күни менен басланады. Солардың ишинде бүгин шайыр, жазыўшы, эссеист, дилмаш – Сағынбай Ибрагимов дөретиўшилигин нәзериңизге лирикалық шегинис есабында усынбақшымыз. Заманласлары тәрепинен өзиниң тийисли баҳасын алып үлгерген, еки ийнине еки арбаны жеггендей илим ҳәм дөретиўшилик тараўларында мол жемисли мийнет етип киятырған, қайталанбас тулғалардың бири – Сағынбай Ибрагимов аты ҳәр қанша мақтаўға лайық болса да, бул шайыр артықша тәрийплеўге мүтәж емес десем асыра айтпаған боламан. Сизиң халқыңызға берериңиз, ал жаслардың сизден алары көп болғай. Шаўдырбай Сейитов каналы: @SHAWDIRBAY_SEYITOV @katharsis_nukus @gulnara_ibragimova_daniyarova
96
7
1-сентябрь Төлепбепберген Мәтмуратов дүняға келген күн. Каналымыз:👇👇👇👇👇 @Tolepbergen_Matmuratov Топарымыз:👇👇👇👇👇 @T_
1-сентябрь Төлепбепберген Мәтмуратов дүняға келген күн. Каналымыз:👇👇👇👇👇 @Tolepbergen_Matmuratov Топарымыз:👇👇👇👇👇 @T_MatmuratovPoeziyasinaPikirler
77
8
Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли канал ағзалары. Бир өтиниш пенен мүрәжәәт етпекшимен. Хабарыңыз бар, опен бюджетке даўыс жыйнаў п+1
Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли канал ағзалары. Бир өтиниш пенен мүрәжәәт етпекшимен. Хабарыңыз бар, опен бюджетке даўыс жыйнаў процеси жүрип атыр. Қатардан қалмай биз де көшемизди асфалтлаўға қойдық. Соған даўыс жыйнаўға жәрдем етсеңизлер. Дерлик 600 адамның жартысы даўыс бере алса да үлкен жәрдем. Төменде силтеме қалдыраман, жәрдем етиўшилер сол жерден даўыс берсе болады, сайтта не деп шығатуғына сүўретлерде көрсетилген. Сизлерден ӨТИНИШ ҲӘМ ИЛТИМАС.🙏🙏🙏🙏🙏 https://openbudget.uz/boards/initiatives/initiative/55/aff79c29-d799-4966-b516-c7298429960a
110
9
Умытылған ,,альбомнан" Анаң маған күйик ушын доландырып өсирген, Жармыс жақтан сенсиз жалғыз қайтқаным қашшан, Айтпады ма ашнаң?! Узақ түнлер уйқы көрмей, талай-талай көширген Ышқы тола хатларымды жаққаның қашша–ан, О, әзийз патшам!! Исенемен – Ҳәр қосығым шыққан сайын баспадан, «Мен ҳаққында жазып па?!» деп көз нурың жүзер, Қатар тинтинер!... Қыз күниңди еслете алсам ‒ Қостарың-ҳәм басқадай, Сыртың оған күлип, кеўилиң Ядыңдағы маған елжирер, Елесиме көзиң телмирер!... Исенемен, еслейсең сен, Исенемен, сүйиклим, Исенимиме исенбеўге кеўлим бармайды. Исенимим-ҳәм алдап кетсе ‒ Өтер едим күйикли! Исенимим «еслейди» деп, мени арбайды, Билсең жағдайды!... Өтип кетти-аў сел суўындай лепирмели жылларым, ‒ Мийзандағы өли суўдай баяў ағарман!... Жыллар ‒ шабарман!... Көзгенеңниң шоҳлалығы қайда кетти, Дилбарым! ‒ Қыз күндеги қылығыңды қайдан табарман?! Кеўилиң қабарған!... Бир күлип бер, Бир күлип бер күлсеңдағы жортаға, Еслейин сен баласынған он бес жасымды!! ‒ Жасыл пасылымды!.. …Бул дүньяда еле сени муңайтыўдан Қорқама-ан!.. Аҳҳ, қәйтейин! ‒ Ығбалыңа қатал шықты-аў жасы уллың! Ўах-ўах, ҳасылым!.. 1971-жыл, Нөкис. Шаўдырбай Сейитов «Жоллар» топламынан (1987) Канал: 👉 @shawdirbay_seyitov
241
10
Әне саған әдебиятты кең таратыў. Қазақ әдебиятынан бир шығарма излесем, телеграм, ютуб, гуглдың әйтеўир биреўинен табылады-әй
Әне саған әдебиятты кең таратыў. Қазақ әдебиятынан бир шығарма излесем, телеграм, ютуб, гуглдың әйтеўир биреўинен табылады-әй. Сан жағынан салыстырғанда қарақалпақ әдебиятында шығармалар қазақ әдебиятынан азырақты қурайды. Биз соны да технология өршиген, жасалма интелект пайда болған заманда да электронлаўдың өзин де бир жөнли ете алмай атырмыз. 😏😏😏
379
11
Сағынбай ИБРАГИМОВ Нөкис полиграфкомбинатының цехлары... Бул имараттың ишинде мен Шарапатдинниң туңғыш китабын редакторладым, екеўимиз бул топламның биринши нусқаларын алып, кеўиллеримиз қуўаныштан тасып турды. Шарапатдин мениң китабымды редакторлады, верстальщиктиң қасында турып қәтелерин салдырды... Мен китапларын редакторлаған авторлар – Ибрайым Юсупов ҳәм Дәўлен Айтмуратовтың рус тилиндеги китаплары, Оразақ Бекбаўлов, Салый Садықов, Гүлайым Турсынова, Дәўлетбийке Шерниязова... басқа да көп қәлем ийелериниң китаплары. Жигирма томлық «Қарақалпақ фольклоры»ның соңғы томлары... Ҳәр китаптың тусында неше мәрте полиграфқа түсемиз, типография бояўының ийиси бизди елитип салады. Нөкис полиграфкомбинатының цехлары – Шаўдырбай-аға менен Узақбай-ағалардың шалқып жүрген жерлери... Бахтыярдың студент дәўиринде жумыс баслаған жери. Ҳәзир де бул имаратқа кирсем, әзийз ағаларым Генжемурат Изимбетов пенен Қәллибек Бекжановты көрип қалатуғындайман. Бирақ Нөкис полиграфкомбинаты жабылды. Ҳәр жылы Баспасөз күнинде усы Нөкис полиграфкомбинатын жапқан теперишлер залда биринши қатарда отырады. Орысларда «преступник возвращается на место преступления» деген гәп бар. Мен 1985-1991-жыллары Жазыўшылар аўқамында Т. Қайыпбергенов пенен, 1994-2000-жыллары Руўҳыйлық орайында И. Юсупов пенен бирге ислестим. Усы ақсақаллардың да ийттиң етинен бетер жек көретуғын адамлары усы бенделер еди. Өзлеринше өйткенлер ҳәм бүйткенлер, Баспасөз үйиниң басын үйткенлер, Сүйретилип шығар қуяшламаға, Көзлери шүңирейген буралқы ийтлер. 2019, июнь t.me/katharsis_nukus
321
12
Seniń jańa túsken kúnleriń edi... ✍ Sózi: Teńelbay Sársenbaev (@Tengelbay_Sarsenbaev) 🎼 Naması: Bahadır Sársenbaev 🎤 Atqarıwında: Sársenbay Uzaqbaev Seniń jańa túsken kúnlerin edi, Tańnıń da asıǵıp atıp júrgeni. Kúnniń de keshigip batıp júrgeni, Seniń jańa túsken kúnleriń edi. Dunyada barlıǵın bildirip baxıt, "Baxıtlı jigit" dep belgi gúl taǵıp, Úyge intizarlıq qamalǵan waqıt, Seniń jańa túsken kúnleriń edi. Elim elp-elp etip qanatın jayıp, Qutlı qonaǵına kókiregi bayıp, Mende saǵan degen ıqlas ulǵayıp, Seniń jańa túsken kúnleriń edi. Kólbep quwanıshtan atam hám anam, Úy tolı qonaqta shayǵa qulaǵan, Jurt sınaǵan sayın maǵan unaǵan, Seniń jańa túsken kúnleriń edi. Teńelbay Sársenbaev «Debdiw» toplamınan (1977) Kanalǵa aǵza bolıwdı umıtpań:👇 @Tengelbay_Sarsenbaev @Tengelbay_Sarsenbaev_topari
247
13
Сениң жаңа түскен күнлериң еди... ✍ Сөзи: Теңелбай Сәрсенбаев (@Tengelbay_Sarsenbaev) 🎼 Намасы: Баҳадыр Сәрсенбаев 🎤 Атқарыўында: Сәрсенбай Узақбаев Сениң жаңа түскен күнлерин еди, Таңның да асығып атып жүргени. Күнниң де кешигип батып жүргени, Сениң жаңа түскен күнлериң еди. Дунйада барлығын билдирип бахыт, "Бахытлы жигит" деп белги гүл тағып, Үйге интизарлық қамалған ўақыт, Сениң жаңа түскен күнлериң еди. Елим елп-елп етип қанатын жайып, Қутлы қонағына көкиреги байып, Менде саған деген ықлас улғайып, Сениң жаңа түскен күнлериң еди. Көлбеп қуўаныштан атам ҳәм анам, Үй толы қонақта шайға қулаған, Журт сынаған сайын маған унаған, Сениң жаңа түскен күнлериң еди. Теңелбай Сәрсенбаев «Дебдиў» топламынан (1977) Каналға ағза болыўды умытпаң:👇 @Tengelbay_Sarsenbaev @Tengelbay_Sarsenbaev_topari
201
14
ТЕҢЕЛБАЙ СӘРСЕНБАЕВ (09. 07. 1940 – 29. 10. 2005) ӨМИРБАЯНЛЫҚ МАҒЛЫЎМАТЛАР: >> 1940-жылы 9-июль Кегейли районында бурынғы (Ворошилов колхозында) ҳәзирги Қанияз Ҳабибуллаев АПЖ аймағында дүньяға келди. >> Ҳәзирги С.Нурымбетов (бурынғы Киров) мектебинде тәлим алып, соң >> Нөкис Мәмлекетлик педагогикалық институтын питкерген. >> Үш жыллық әскерлик ўазыйпасын өтеп, өз мийнет жолын >> 1969-жылдан "Еркин Каракалпақстан" газетасынан баслайды. >> 1970-жылдан 1974-жылға шекем ДОСААФ комитетиниң баслығы лаўазымында иследи. >> 1974-1987-жыллар аралығында Қарақалпақстан телевидениеси ҳәм радио еситтириўлери комитетинде редактор, бас редактор лаўазымларында, >> 1987-жылдан "Әмиўдәрья" журналында хызмет етти. ПОЭЗИЯЛЫҚ ТОПЛАМЛАРЫ: 1974-жыл ,,Жаршы", 1977-жыл ,,Дебдиў", 1980-жыл ,,Қубылыў", 1984-жыл ,,Қайнаўыт", 1989-жыл ,,Шабыўыл", 1990-жыл ,,Дүнья менен дәртлесиў", 1995-жыл ,,Таңырқант" китаплары баспадан шықты. АЎДАРМАЛАРЫ: >> Қырғызстан халық шайыры Нурпейис Жарқынбаевтың "Алатаў бояўлары" қосықлар топламын қарақалпақ тилине аўдарған. Шайырдың бирқанша шығармалары өзбек, орыс тиллеринде жәрияланды. Теңелбай СӘРСЕНБАЕВ Канал: @Tengelbay_Sarsenbaev
161
15
Бүгин 9-ҳәсет (июл) шайыр Теңелбай Сәрсенбаевтың туўған күни. Шайыр арамызда болғанда 86 жасын қарсы алып атырған болар еди.
Бүгин 9-ҳәсет (июл) шайыр Теңелбай Сәрсенбаевтың туўған күни. Шайыр арамызда болғанда 86 жасын қарсы алып атырған болар еди. Қалай да Қудай оларға екинши өмир берген. Теңелбай Сәрсенбаев (09. 07. 1940 - 29. 10. 2005) @Tengelbay_Sarsenbaev
110
16
#Китап жаңалығы! Ассалаўма әлейкум, қәдирли каналымыз ағзалары! Халқымыздың сүйикли перзенти Кеңесбай Рахмановтың қызы, радио+1
#Китап жаңалығы!    Ассалаўма әлейкум, қәдирли каналымыз ағзалары!    Халқымыздың сүйикли перзенти Кеңесбай Рахмановтың қызы, радиожурналист Дилбар Рахманованың гезектеги екинши новеллалар топламы «Муҳаббат жоқ жерде» китабы «Жети ықлым» баспасынан жарық көрди. Китапта: «Өзекти өртеген өкиниш» «Жаңа жыл тилеги» «Сықмар ғарры» «Қыя басылған қәдем» «Жигит көзи менен қыз таңлама» «Бузылған уя» «Әрман» «Квартирант» «Еки кемениң басын услаған жигит» «Меҳир берсең - меҳир аларсаң» «Екинши ҳаял» «Муҳаббат жоқ жерде...» «Қәйинбийке» «Күйик» сыяқлы түрли атамадағы, бири-биринен қызық новеллалар орын алған.    Буған шекем де автордың «Бийгүна қыздың көз жасы» деп аталған прозалық шығармалар топламы басылып шыққан еди.    Китапты алып оқыўды қәлеўшилер болса, китап «Жипек жолы» көшесиндеги И. В. Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем-өнер музейиниң қарама-қарсысында жайласқан «Китап дүнйасы» дүкәнында сатыўға шығарылғанын мәлим етип билдиремиз. Баҳасы 60 мың сом Кеңесбай Рахманов каналы: @Kengesbay_Raxmanov
186
17
Шаўдырбай Сейитов каналы: @SHawdirbay_Seyitov Видео @salon_gulbaxar инстаграм аккаунтынан алынды.
Шаўдырбай Сейитов каналы: @SHawdirbay_Seyitov Видео @salon_gulbaxar инстаграм аккаунтынан алынды.
287
18
Техникалық себеплерге байланыслы канал жақын арада өширилиўи мүмкин, бәршеңизди жаңа канал(лар)да күтип қаламыз.
437
19
– Қурбан, еситтиң бе, ғазлар қайтып киятыр... – Еситтим, аға, еситтим... – Наҳаткий, адамлар ғаздан да ақмақ болса, әттең, әттең, ғаз қурақым киндик қаны тамған бул әзиз топырақтың қәдирине жетпесе, шүў!... – Неге, өйдейсиз, Қунназар аға! – Ҳей, иним-әй, қартайғанда түрли нәрсе есиңе түсе береди екен. Бир туўысқан жийеним бар еди. Аўғанстанға қашып кетти...    ...Әйне қус кеткенде кетип еди, оннан берли қанша ғазлар қайтты, жийеннен еле дәрек жоқ. Ақыры, ас-абатын да берип жибердик... – Өлип пе өйтип?!... – Ҳә, – деди ақсақал, – тири болса да, ол да бир өлген ағайындағы, өли-тириңе қатнаспаса, сен жан ашытқан иске жан ашытпақ түўе, алдыңнан жарақ алып шықса... Қунназар ақсақал ҳәм Қурбан сәўбетинен Шаўдырбай Сейитов ,,Халқабад" тетралогиясы, 1-китап ,,Шар бузыў" романы (1977) Канал: 👉 @SHawdirbay_Seyitov @SHawdirbay_Seyitov_topari
403
20
* * * Túslerińe kúndizgidey tap, Aqshamları enermen, bǝlkim. Bazda baǵda júrsem qoltıqlap, Bazda gúl de berermen, bǝlkim. Ezi
*     *     * Túslerińe kúndizgidey tap, Aqshamları enermen, bǝlkim. Bazda baǵda júrsem qoltıqlap, Bazda gúl de berermen, bǝlkim. Eziw tartıp sonda lǝbleriń Jas ǵumshaday ashılar, hǝtte Kewliń jayıp ıshqı dǝpterin, Uyqılı-oyaw jatarsań kǝtte. Hǝm bólenip shiyrin lǝzzetke: Íras pa! – dep uyqıńdı asharsań. – Ádira qalǵır, tuspediń, – dep te, Júregińe qayǵı basarsań. Soń súwretke telmirip baǵıp, Jas shaqırar jup qara kózler. Qıyallarıń qaylarǵa ılaǵıp, Bir paqırıń kóp dǝrtke tózgen. Yadqa túsip oy-oydı quwıp, Jalbarınıwlar janıńdı qıynar, Kesadaǵı kók shayıń suwıp, Barmaqlarıń dasturxan jıynar. Soń kitaptı qoltıqqa qısıp, Jol tartarsaӊ mektebiń betke, Kók skamya kózińe túsip, Taǵı yadqa salar, ǝlbette! Tap usınday bolar-aw, shın ba? Ne bar hijran otınan jaman. Óziń izlep kelerseń mında, Tek saǵınısh bolǵay-dǝ aman! Shawdırbay Seyitov «Soqpaǵım, meniń qaydasań» kitabınan (1966) Kanalǵa aǵza bolıwdı umıtpań:👇 @Shawdirbay_Seyitov
406