cookie

Мы используем файлы cookie для улучшения сервиса. Нажав кнопку «Принять все», вы соглашаетесь с использованием cookies.

avatar

ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ

Қарақалпақстан халық жазыўшысы, талантлы шайыр, аўдармашы, Бердақ атындағы мǝмлекетлик сыйлық лауреаты ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВтың өмири ҳǝм дөретиўшилиги ҳаққында мағлыўмат беремиз. Байланыс ушын: @ilalatdinovna @Orekeev_Azamat

Больше
Рекламные посты
512
Подписчики
-124 часа
-117 дней
-1130 дней

Загрузка данных...

Прирост подписчиков

Загрузка данных...

Каналда адам азайып атыр. Шүкир...
Показать все...
ГӨРИСТАНДАҒЫ ГҮБИРЛИЛЕР                (ДҮРКИН) Шаҳ саханасының алдындағы төртинши гүбирли Дәўлети панаҳ! Жақсылығыңды жойтпас едим, Пәс қылығыңды-ҳәм айтпас едим; – Мынаў Дүньяға. Бундағы нықапланған шаҳларға Мәс қылығыңды кетпегениңде таслап, Ҳәм олар, бассынып журтты, Шаҳлық дәўран сүрмегенинде қоддаслап, Қылмағаныңда гүнаҳ, Сеннен буншелли азарланбас едим, Шаҳ! Несине азарланаман, ақыры, – Сениң бир өзиң бир патшалыққа Панаҳ! Пара алсаң да – пәрманың өз қолыңда, Жара салсаң да – пәрманың өз қолыңда! Пәрманды ҳалал қолларға шығартып, жаздырып, Пәрманды өзинше жолларға бурмалап, аздырып, Шаҳлық дәўранды астыртын сүрген, Шаҳсымақлардан ҳүжданым шегер азар! Дәўлетий Панаҳ! Сен мениң дәрьямды бурғаның жоқ, Сен мениң улымды урғаның жоқ, Сен мениң ҳақымды жырғаның жоқ, Сен маған ҳүкимдар болып,             еңсемде турғаның жоқ! Сонда-ҳәм сен қурығаның жоқ! – Сен барсаң ҳәзирги шаҳсымақларда! Сен жәрия шаҳ болсаң, Булар – уры шаҳ! Сен саўлат ушын жыйсаң қырық зулфықарды, Булар зайыпларынан урлап, журттан урланып, Аўыл-қалаларға, микрорайонларға Жасырып жасандырады пулы жоқ, Пулға ҳәўеси бар аққуўдай дилбарды!.. Сениң қырық мәлийкаң исми-шәрифиңди айтып, Әйлесе мақтаныш, Булардың қырық бир дилбары, "Шаҳының" аты-жөнин пинҳамы сақлағыш! Шаҳына шаң жуўытпайды,.. Кеўилин-ҳәм суўытпайды өзге "шаҳтың" да!.. Олардың баслары телефон сымларынан байланған Қырық бир ақ "қашарының" алдында, Түкке тура ма сениң қырық некалы нашарың?!. Бул жалаңқая шаҳларды нызам тусаңқырап қойыпты! Сонда-ҳәм кетеди ноқтасын сыпырып бул айғырлар! Көзлери әласпанда, өзлери-ҳәм әласпанда, – Әне, усы шаҳлар, – усы урылар, Ҳәмийше елеспесиз болмаққа урынар! Олар алмаспайды сениң патшалық тахтыңа, Завскладтың үш манат он тийинлық гүрсисин! Булар алмаспайды, мүләйим жапакешке меңзес түр-түсин, Сениң зәҳәр шашқан қәҳәрли жүзиңе, ҳәтте, алмаспайды Бурынғы патшалық бахтыңа! Буларға шаҳлығың сениң – бир пул! Буларға шайырлығың, шоқлығың сениң – бир пул! Буларға өгиз отлайтуғын бир гүл, – Биз бийшара узақтан көриўден албырап жүрген арыў! Булар люксте жасайды орайлық қалаларда, Айшыў-әширетине кеткенше ҳаял да "сатып" ала алады!.. Сениң саханаң да сахана ма, Еркине жиберсең, булар, Тас түўе қола, мыстан сахана сала алады! Буларға – бәри бир пул! Интизамың, патриотизмиң, даңқың – қара бақыр! Инсабың, ҳүжданың, ҳәтте, ҳалқың – қара бақыр! Булар – дубақ зуврлар шыбық тиймеген! – Тегинликте услатпайды шақынан! Ревизор болсаң антына беккем, Ҳәм прокурор болсаң ҳүжданы ҳөктем, Шығасаң ҳаққынан! Әне, усыларды олар артық қүдирет санайды Әййемги Хорезмниң Шаҳын-шаҳынан!.. – Яғный, сеннен, Дәўлетий панаҳ!.. Сен-ғо, бир заманлары гүрлесең, Өлген де қалғансаң, – Ҳәзир биймәлел, бийҳал жатырған бир мүрдесең! Булар сендей я тыйықтан, я әжелден өлип те қалмайды, Ҳәтте, әжелиңди де,    Ҳәзирейлиңди де пул менен алдайды!.. Кәраматын қараң булардың! – Дәри емес, узақ курортларда пулға орап-орап, Жалмаўға келген Ҳәзирейлиңди де жалмайды! Пулға оралса, Ҳәзирейлиниң де Өлтиргендей күши қалмайды!.. Ҳәзир биз адамға усап атырмыз, Шаҳлық дәўранындағы жалатайларды, Шетинен тырыстырып тусап атырмыз! Тутылғанын тутылғандай темир торлар менен матап атырмыз! Ҳәр көз мың киловаттлық прожекторға айланып, Түн түўе күндизи-ҳәм излеп атырмыз, Инсанияттың ғәзебин усыларға гизнеп атырмыз! Шыққанын шыққандай етип отап атырмыз, Қурымай атыр сонда да бул ҳарам шөплер! – Рактың тканындай өсип кетип атыр! Булардың тамыры изленбеди усы сен жатырған ортадан, Сениң саханаңның астында ма деп қорқаман! Табыўымыз керек оларды, гөрден де болса! Өртеўимиз керек оларды – Биреў шаҳ, биреў гедаҳ болмаўы ушын!.. Шаўдырбай Сейитов Канал: 👉 @Shawdirbay_Seyitov @seyitov_shawdirbay_topar
Показать все...
ГӨРИСТАНДАҒЫ ГҮБИРЛИЛЕР (ДҮРКИН) Шаҳ саханасының алдындағы төртинши гүбирли Дәўлети панаҳ! Жақсылығыңды жойтпас едим, Пәс қылығыңды-ҳәм айтпас едим; – Мынаў Дүньяға. Бундағы нықапланған шаҳларға Мәс қылығыңды кетпегениңде таслап, Ҳәм олар, бассынып журтты, Шаҳлық дәўран сүрмегенинде қоддаслап, Қылмағаныңда гүнаҳ, Сеннен буншелли азарланбас едим, Шаҳ! Несине азарланаман, ақыры, – Сениң бир өзиң бир патшалыққа Панаҳ! Пара алсаң да – пәрманың өз қолыңда, Жара салсаң да – пәрманың өз қолыңда! Пәрманды ҳалал қолларға шығартып, жаздырып, Пәрманды өзинше жолларға бурмалап, аздырып, Шаҳлық дәўранды астыртын сүрген, Шаҳсымақлардан ҳүжданым шегер азар! Дәўлетий Панаҳ! Сен мениң дәрьямды бурғаның жоқ, Сен мениң улымды урғаның жоқ, Сен мениң ҳақымды жырғаның жоқ, Сен маған ҳүкимдар болып,             еңсемде турғаның жоқ! Сонда-ҳәм сен қурығаның жоқ! – Сен барсаң ҳәзирги шаҳсымақларда! Сен жәрия шаҳ болсаң, Булар – уры шаҳ! Сен саўлат ушын жыйсаң қырық зулфықарды, Булар зайыпларынан урлап, журттан урланып, Аўыл-қалаларға, микрорайонларға Жасырып жасандырады пулы жоқ, Пулға ҳәўеси бар аққуўдай дилбарды!.. Сениң қырық мәлийкаң исми-шәрифиңди айтып, Әйлесе мақтаныш, Булардың қырық бир дилбары, "Шаҳының" аты-жөнин пинҳамы сақлағыш! Шаҳына шаң жуўытпайды,.. Кеўилин-ҳәм суўытпайды өзге "шаҳтың" да!.. Олардың баслары телефон сымларынан байланған Қырық бир ақ "қашарының" алдында, Түкке тура ма сениң қырық некалы нашарың?!. Бул жалаңқая шаҳларды нызам тусаңқырап қойыпты! Сонда-ҳәм кетеди ноқтасын сыпырып бул айғырлар! Көзлери әласпанда, өзлери-ҳәм әласпанда, – Әне, усы шаҳлар, – усы урылар, Ҳәмийше елеспесиз болмаққа урынар! Олар алмаспайды сениң патшалық тахтыңа, Завскладтың үш манат он тийинлық гүрсисин! Булар алмаспайды, мүләйим жапакешке меңзес түр-түсин, Сениң зәҳәр шашқан қәҳәрли жүзиңе, ҳәтте, алмаспайды Бурынғы патшалық бахтыңа! Буларға шаҳлығың сениң – бир пул! Буларға шайырлығың, шоқлығың сениң – бир пул! Буларға өгиз отлайтуғын бир гүл, – Биз бийшара узақтан көриўден албырап жүрген арыў! Булар люксте жасайды орайлық қалаларда, Айшыў-әширетине кеткенше ҳаял да "сатып" ала алады!.. Сениң саханаң да сахана ма, Еркине жиберсең, булар, Тас түўе қола, мыстан сахана сала алады! Буларға – бәри бир пул! Интизамың, патриотизмиң, даңқың – қара бақыр! Инсабың, ҳүжданың, ҳәтте, ҳалқың – қара бақыр! Булар – дубақ зуврлар шыбық тиймеген! – Тегинликте услатпайды шақынан! Ревизор болсаң антына беккем, Ҳәм прокурор болсаң ҳүжданы ҳөктем, Шығасаң ҳаққынан! Әне, усыларды олар артық қүдирет санайды Әййемги Хорезмниң Шаҳын-шаҳынан!.. – Яғный, сеннен, Дәўлетий панаҳ!.. Сен-ғо, бир заманлары гүрлесең, Өлген де қалғансаң, – Ҳәзир биймәлел, бийҳал жатырған бир мүрдесең! Булар сендей я тыйықтан, я әжелден өлип те қалмайды, Ҳәтте, әжелиңди де,    Ҳәзирейлиңди де пул менен алдайды!.. Кәраматын қараң булардың! – Дәри емес, узақ курортларда пулға орап-орап, Жалмаўға келген Ҳәзирейлиңди де жалмайды! Пулға оралса, Ҳәзирейлиниң де Өлтиргендей күши қалмайды!.. Ҳәзир биз адамға усап атырмыз, Шаҳлық дәўранындағы жалатайларды, Шетинен тырыстырып тусап атырмыз! Тутылғанын тутылғандай темир торлар менен матап атырмыз! Ҳәр көз мың киловаттлық прожекторға айланып, Түн түўе күндизи-ҳәм излеп атырмыз, Инсанияттың ғәзебин усыларға гизнеп атырмыз! Шыққанын шыққандай етип отап атырмыз, Қурымай атыр сонда да бул ҳарам шөплер! – Рактың тканындай өсип кетип атыр! Булардың тамыры изленбеди усы сен жатырған ортадан, Сениң саханаңның астында ма деп қорқаман! Табыўымыз керек оларды, гөрден де болса! Өртеўимиз керек оларды – Биреў шаҳ, биреў гедаҳ болмаўы ушын!.. Шаўдырбай Сейитов Канал: 👉 @Shawdirbay_Seyitov @seyitov_shawdirbay_topйar
Показать все...
Жаңабай төрдеги берилген керегениң тусына барып, малдас қурынды. Бул, енди, отаўда төрдиң қай жапсар болатуғынын билмейтуғынлығын сездирип қойды. Бирақ, Сәрсенбай сум екен, мың айтсаң да қара үйде өскен бала-дағы, оң жапсарды алды. Әне үйдиң төри усы еди. Мен оның аяқ ушына шөктим. Бул енди, аўыл баласы екенлигимди аңлатқаным. Мақсет Шаўдырбай Сейитов "Ығбал соқпақлары" романы Канал: 👉@SHawdirbay_Seyitov
Показать все...
👍 3
Жылқы деген көринген жерге аўнай кетеди... Қумар жеңгей Шайдырбай Сейитов "Ығбал соқпақлары" романы Канал:👉 @SHawdirbay_Seyitov
Показать все...
#Халық_дәстүри <<Қыз жеңгеси бийкешинен сорап аладыдағы, ҳайтлықты соның қәлегенине береди, шөже қоразларым. Былай шығып, жулысып жүрмең, буны ҳәм билип қойың>> Ҳайтмурат аға Шаўдырбай Сейитов "Ығбал соқпақлары" романы Канал: 👉 @SHawdirbay_Seyitov
Показать все...
👍 2
ГӨРИСТАНДАҒЫ ГҮБИРЛИЛЕР (ДҮРКИН) Шаҳ саханасының алдындағы үшинши гүбирли – Тажынан, тахтынан, Бажынан, бахтынан журдай Шаҳ!.. Басыңа панаҳҳ Бүгин саханаң! Сен ,,Дәўлетий панаҳҳ!.." емессең бүгинги, Мән етилген саған жүгиниў!.. Сениң кимлигиңди билиўим мүмкин, Қағазлардан тышқан мүжип кеткен!.. Лийкин, сениң түўе өзимниң Түп-дәрегимди, арғы бабамды билиўим мүшкил, Ўақыт – жоқ, өмир – аз, Аз өмирде планым, жумысларым көп гүжип кеткен!.. Бәлким, арғы бабам, сениң әўладыңнандур, Бәлким, жәлладыңнандур, Аты әййемги Гурганжке машҳур!.. Мейли, ким болса ол болсын,           өлгенлер ҳеш кимнен, Сорамайды жол болсын!           Тыңлап турмысаң, ҳей Шаҳҳ!.. Мен – бир арбакеш, қассап, мурап, полиграфшының улы, Аспанның тирегине, жердиң өресине "Сен!" деп турыппан! "Өлген арысланның тири тышқаннан айбаты    кем!" деп турыппан мынаў дуйым-журтқа! Абырайы жоқ арысланның    арыслан болып өлмегенше!.. Сениң ким болып өлгениңди ийтим билсин! Мен – жа-ақ! Шаҳлар тирисинде көзин алартқан билемен Ҳафизди, Билмеймен, ал сизди, Әпиў етиң, Шаҳҳ! – Лебизимди жойғаным ушын, – Абайсызда сени "Сиз!" деп, қойғаным ушын! – Ура алса, Қудай урсын, "Сен!" деў ғой, былай турсын! – Бузар едим балталап мазарыңды! – Болмағаның да искусствоның мүлки! Ҳәм қорқпағанымда Совминниң қарарынан!.. – Тас-талқан қылар едим! Өтмиште өшим қалғанлықтан емес, – Шаҳтың қәтесин тирилигинде емес, Тек өлген соң айтыў мүмкин! – Өлген шаҳтың устинен ўаҳаҳалап, Ең әдеп бас ўәзийри     күлиўи мүмкин болғанлықтан,.. Бузар едим саҳанаңда балталап, Әттең тарыйхты қыймаймыз, Өнерди сыйлаймыз!.. Үстиңнен не ҳүким оқылса оқылсын, мейли, Сол ҳүким – ендиги шаҳларға сабақ болғайлы! Шаҳларға тириде тил қатылмайды, Шаҳларға да суд бар! Оларды қатал суд – Келешек судлайды!.. Шаўдырбай Сейитов Канал: 👉 @Shawdirbay_Seyitov @seyitov_shawdirbay_topar
Показать все...
👍 2 1
#Поэзиядан_үзинди * * * Ўақыт! Сыйқырмысаң сыйқырлы, таңлы, Өмир, өлим бе еди сениң ырысқың?! * * * Қатал ҳүкимиңнен унталып таўлар, Океан мәңги музға байланып атты! Үңгир – гүңгир, гүңгиррр!... Тасырлап сайлар, Маймыл инсаниятқа айланып атты! * * * Ўақы-ыт! Болармысаң бунша айгапыр, Өзиң дөреттиң де өзиң әкеттиң! * * * Қәдириң жаннан әзийз, нурдан жүйриксең, Ўақы-ыт! Несең өзиң, айтып бер анық?! * * * Кимлер қутыла алған тозыў -- жазаңнан, Кимлер мәңгилиги мынаў дүньяның?! * * * Ўақы-ыт саясымең салланған дардың, Кимге – гүлтаж, кимге – кисен сыйладың?! * * * Көшкен кәрўанбедиң жаңғыр-жуңғырлы, Өшкен әрманбедиң, айтып бер, Ўақы-ыт?! Неге дәркар еди соншелли қырғын?! Қыршын кеткенлерди қайтып бер, Ўақы-ыт?! * * * Дизим дәркармеди мәрмар тастағы, Не сен, скелетлер парадымысаң?! Шаўдырбай Сейитов ,,Ўақыт ҳәм инсан" қосығынан Канал: 👉 @Shawdirbay_Seyitov @seyitov_shawdirbay_topar
Показать все...
ШАЎДЫРБАЙ СЕЙИТОВ

Ўақыт ҳәм инсан Ўақыт! Самалмысаң, сағымбысаң я?! Сени кимлер егеп, кимлер услаған?! Сениң қуллығыңда қумбыл бул дүнья! -- Сениң қыстағаның мудам қыстаған! Мынаў Ай ҳәм Қуяш, жулдызлар яңлы, Жемиси емессең Жаратылыстың! Ўақыт! Сыйқырмысаң сыйқырлы, таңлы, Өмир, өлим бе еди сениң ырысқың?! Ўақыт, ким өзиңнен аман қалады, Өзиң дөреткенге өзиң аразсаң?Жасаў, түрлендириў, женшиў -- талабың, Өзиң -- мәңгиликке-ҳәм жебир қаразсаң! Қатал ҳүкимиңнен унталып таўлар, Океан мәңги музға байланып атты! Үңгир -- гүңгир, гүңгиррр!... Тасырлап сайлар, Маймыл инсаниятқа айланып атты! Телевышкалардай зәўлим дарақлар, Дөнип кетип атқан тасқа, көмирге! Тастан ядроға шелли жарақлар,... Келип, кетип атыр нешше өмирлер! Қуслар болған емиш "ТУ..."дай тайнапыр, Бизге қалған емиш мийттай макети! Ўақы-ыт! Болармысаң бунша айгапыр, Өзиң дөреттиң де өзиң әкеттиң! Сеннен кек алыўға қаст еткен инсан, Он еки мақлуққа қылып деңгене* Дал-дал етти сени жүз түўе мың сан, Кәрин ислей берди қүдирет сендеги! Унтап айдан микро секундқа шекем…

👍 9
Ашықлар ашығын бийнесип қалдырмаса керек. Мақсет Шайдырбай Сейитов "Ығбал соқпақлары" романы @SHawdirbay_Seyitov
Показать все...
Бирақ қалай да сыр бермеўим керек еди. Мақсет Шайдырбай Сейитов "Ығбал соқпақлары" романы @SHawdirbay_Seyitov
Показать все...
Выберите другой тариф

Ваш текущий тарифный план позволяет посмотреть аналитику только 5 каналов. Чтобы получить больше, выберите другой план.