ch
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

前往频道在 Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

显示更多

📈 Telegram 频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... 的分析概览

频道 ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) 哈萨克语 语言赛道中的 是活跃参与者。目前社区聚集了 18 789 名订阅者,在 宗教与灵性 类别中位列第 4 323,并在 哈萨克斯坦 地区排名第 449

📊 受众指标与增长动态

невідомо 创建以来,项目保持高速增长,吸引了 18 789 名订阅者。

根据 11 七月, 2026 的最新数据,频道保持稳定运转。过去 30 天订阅人数变化为 -264,过去 24 小时变化为 -2,整体触达仍然可观。

  • 认证状态: 未认证
  • 互动率 (ER): 平均受众互动率为 28.21%。内容发布后 24 小时内通常能获得 19.80% 的反应,占订阅者总量。
  • 帖子覆盖: 每篇帖子平均可获得 5 300 次浏览,首日通常累积 3 720 次浏览。
  • 互动与反馈: 受众积极参与,单帖平均反应数为 44

📝 描述与内容策略

作者将该频道定位为表达主观观点的平台:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

凭借高频更新(最新数据采集于 12 七月, 2026),频道始终保持新鲜度与高覆盖。分析显示受众积极互动,使其成为 宗教与灵性 类别中的关键影响点。

18 789
订阅者
-224 小时
-327
-26430
帖子存档
Әтирапымызда не болып атырғаны маңызлы емес. Ең баслысы, бизиң ишки дүньямызда не болып атырғанында... Адамлар өз ҳәрекетлери
Әтирапымызда не болып атырғаны маңызлы емес. Ең баслысы, бизиң ишки дүньямызда не болып атырғанында... Адамлар өз ҳәрекетлери менен сениң көп сораўларыңа жуўап береди... Өтирикке исенип қуўанғаннан, ҳақыйқатты билип ашыўланған артық ... Өмир дегенимиз өмирге өкпелемейтуғын адамларды ғана жақсы көреди... Өмир – ойын. Баслы реже - өзиңе ҳадал болыў. https://t.me/ibratli_sozler

Толыбай Төрениязов https://t.me/ibratli_sozler

АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ! Жəне бир таңға жеткизгенине мың шүкирлер болсын ! Хəрбир күниңиз, хəр басқан қəдемиңиз сауаплы ислерге ,
АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ! Жəне бир таңға жеткизгенине мың шүкирлер болсын ! Хəрбир күниңиз, хəр басқан қəдемиңиз сауаплы ислерге , ийгиликли əмеллерге толы болсын ! Дениңиз сау , қəлбиңиз тыныш, кеуил кейпиятыңыз хəмийше ағла дəрежеде болыуын тилеймиз! Хут айының 5-сəнеси хəптениң Пийшемби күни https://t.me/ibratli_sozler

photo content

#сөз_қаймағы 📜Қарақалпақ халық нақыл-мақаллары. Үй артында төбе болса, Ертлеўли турған аттай болар. Үй ишинде көп жасаған қарт болса, Жазыўлы турған хаттай болар. Атадан алтаўдың атқан оғы жоғалмас, Атадан жалғыз туўғанның атқан оғы табылмас. Ата-ананың тилин алған баланың, Мартебеси ҳәр жерлерде  оттай жанар. Сәлемсиз кирген айып Рухсатсыз шыққан айып. Саңыраўға сәлем берсең, Атаңның басы дейди. Бир көргенде - таныс, Еки көргенде - билис, Үш көргенде аттан түсип қол алыс Қапқа түскен қатындыки. https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Ассалаўма әлейкум ҳүрметли Ағамыз Муратбай Нызанов! Сизди 75 жыллық қуўанышлы туўылған күниңиз бенен шын жүректен қутлықлаймыз! Өмириңиздиң мәнили жыллары қарақалпақ әдебиятының раўажланыўына, миллий руўҳыйлықты, адамгершиликти көркем сөз арқалы нәсиятлаўға арналып келди. Сизиң шығармаларыңыз оқыўшыны ойландырады, руўҳландырады, ана тилимизге, туўылған жерге болған муҳаббатты беккемлейди. Жазыўшылық жолыңыз — жас қәлемкешлер ушын үлги, ал сиз қалдырған әдебий мийрас — халық ғәзийнеси. Усы мәртебели жасыңызда сизге беккем ден-саўлық, узақ жас өмир, шаңарағыңызға тынышлық, дөретиўшилигиңизге таўсылмас күш - қуўат тилеймиз. Сизден еле де талай көркем шығармалар күтип қаламыз! НЫЗАНОВ - БУЛ. (Ҳәзил шыны аралас) Бул ким өзи - мийнет еткен? Жанр болса қолы жеткен. Бул халықтын жазыушысы, Абыройы айдан өткен. Сатираны тикке қойды, Жат қылықты қоймай жойды, Орта бойлы, өткир ойлы, Ел мақтаған Нызанов бул. Поэзиядан пайын алды, Прозадан жоллар салды, Жазыушының шонтықлары, Көре алмай қызғанып тур. "Қайсар" - халыққа унады, "Қорған" - жауларды қуады, Буларды қашан жууады? - деп, Яранларың сазланып тур. Атлыға жеткермес пияда, Ел перзенти - ол зияда, Қарақалпақ деген уяда, Өскен талант - Нызанов бул. Ел мақтаған Нызановсыз! Беккем болсын қутлы жасың, Мақтауларға ылайықсыз, Аман болсын алтын басың! 2015 - жыл ✍ Сали Қудайбергенов https://t.me/ibratli_sozler

photo content

базаргул сен ярым.mp32.98 MB

photo content

photo content

ЙОҚТЫ (YOQTI) Сөзле ҳа, бүлбил зибаным, Еки келүр заман йоқты, Кетер бир күн шийрин жаным, Бу сәзимде гүман йоқты. Жан бир гүлдүр солур олсә, Әзрайылдың хабар келсә, Жаның тәниңдиң айрылса, Андын башқа яман йоқты. Кимлер ашық болып өтти, Кимлер мақсуўдына йетти, Қара ер бәршесин йутты, Ялған дүнья қоян йоқты. Өзиң билән ҳәм қыз-жаўан, Ойнап күлип сүрер дәўран, Бәршә бул дүньяға меҳман, Тири йүрәр заман йоқты. Қыз-йигитлер өзин биләр, Ялғаншыда дәўран сүрәр, Аман кетмәс, бәри өлүр, Бү сөзимдә гүман йоқты. Мен әйләсәм бир-бир баян, Паний ермиш ошбу жаҳан. Искендер Рустәму дәстан, Ол ҳәм тири йурән йоқты, Дүньяны йығнаған Қарун, Бир өзи болып саҳып дүн, Аны ҳәм йер йутты бир күн, Зиндан дүнья қоян йоқты. Ким анадан ялғыз туғса, Меҳрибан ғамхор йоқ болса, Алған яры яман болса, Андын башқа зыян йоқты. Яман олса зүриядың, Шықмас дүньяда ҳеш адың, Болмас ҳасла көңил шадың, Бул сөзимдә гүман йоқты. Қашан болса дәўлетиңиз, Кетер иззет ҳүрметиңиз, Билгил, артар мийнетиңиз, Шындур сөзим ялан йоқты. Йигитлер, күлип шад олың, Ушбу сөзге қулақ салың, Мәстиў-хуррам болып күлиң, Ҳеш ким мундай болан йоқты. Өтти Юсип ҳәм Зүлайха, Ҳүрий, ғулманыў Мәлийкә, Аңа ашық болан Ҳәмра, Бәри тири йүрән йоқты. Ақтым дәрьядек жош урып, Сөз үстине сөз ашурып, Шүкир ҳаққа қол қаўшурып, Бу көңлимде әрман йоқты. Әзиз айтур кешә-күндиз, Асмандадур айы-йулдыз, Сәйид Әлий өзи гүл йуз, Андын нәрсе қалан йоқты. Көңлимдә ғам, дәрди әләм, Сөзләсәм шықар дәмбәдәм, Мәңа сөздиң башқа игәм, Ҳешнәмәрсә берән йоқты. @Ajiniyaz_Qosibay_uli https://t.me/ibratli_sozler

photo content

базаргул кеш анладым.mp32.02 MB

Қайырлы түн әзизлер! .......ӨКИНБЕ!........... АЛЛА БИР МҮСИЙБЕТ ИЗИНЕН ЕКИ ЖАҚСЫЛЫҚ БЕРЕДИ. САБЫР ЕТСЕҢИЗ БОЛДЫ.... Жалалатдин Румий @danaliq Сизлерге түннен тынышлық,  таңнан ырысқы берекет  несип етиўин тилеймиз. 🤲🤲🤲 Каналымызға ағза болыўды умытпаң!!! 👇👇👇👇 https://t.me/ibratli_sozler

Арысланбек_Асқаров_–_Миймандур_1.mp33.12 MB