#Гүрриң
АТАЛАР СӨЗИ
2-бөлим
... Көз жасына ерк берди, көпшикке басы тийиўден жылаў, жылаў. Жылағанда да даўысы шықпайды, тек ийни селк-селк. Соннан жүргени ертеңине көзлери қызарып, бет алмасы қалқып. Не қылсын енди уйқы пүтин емес. Еки оттың ортасында қалдым. Бир жағында анам, бир жағында өмирлик жолдасым, бир биреўге кеўил берип, не не арзыў әрманлар менен турмыс қурған қостарым. Шешими аўыр мәселе, уххх. Сөйтип басыңды аўыртып не қылайын, бул азаптан қутылыўдың пәмим жеткенше шешимин тапқандай болдым, тас түссе талайымнан көрермен деп, ҳаялдан да, баладан да ўаз кешиўге қарар еттим. Барлық нәрсениң еми ўақыт емеспе?, айралық, сағыныш, бул азаплар бәри өтип кетер, тәғдиримнен көрермен, Гүлмийрадай бир нашар тап болса үйленермен, үйленбесем тақ өтермен маңлайымды қыршып қойған жоқ шығар дер тәўекелге бел байладым, Өйтпегенде не қылайын иним аў, анамды сотлап отырайынба енди? Түн болды. Жаттық. Гүлмийра баслады жылаўды. Орнымнан турып светти жақтым, қарсы алдыма отырғыздым. -Гүлмийра болды, тоқтат жылаўды, өзиң менен қосып мени де езип жибердиң. Билип жүрмен саған анам нахақлық қылып атыр, күниң күн болмай қалды, бизге нахақлық болып түйилип турған шығар, бәлким хақ шығар, үйиңниң ишиниң хабары барма? - Аўа, әри шыдадым, бери шыдадым болмады, анама айттым, ериңниң разылығысыз тырп етпейсең, сүйегиң сипсе болса да шыдайсаң деди деп көзиниң жасын сыпырды. - Онда былай, Алла разы мен разыман, мени де түсин, сениң тәрепиңди алып, сени жақлап анама қарсы шықпайман, сен де меннен разы бол, ертең керек затларыңды ал да кетебер, ажырасамыз, басқа иләжым жоқ. Соның менен гәп тамам, екеўимиз ийттиң азабы менен таңды атырдық аў әйтеуир.
Оң қолы бүгиўли Жеткерсин келип әңгиме бөлинди: - Ата Сизди келип кетсин деп атыр Зоя апа. - Алла бәрәкәллә, әңгимениң қызығы менен отыра бериппен ғо, деп урман-пурман турыўы менен Қәдирбай аға шаншыўханаға кетти. Арадан бир кесе шай ишим ўақытты өткерип ол да қолы бүгиўли кирип келди.
- Берекет тапсын усы Зоя қызым, тамырды дәрриў таба қояды, усы қызым нәўбетши болған күни жаным жай табады, кешеги "раптор" ыңнан қалыппеди,я айна,қапыны жауып кондиционерди пәсейтип қоямызба?,мына сүйир шыбынлар шығатуғын уақыт әм шамаластығой.
- Ояғынан ғам жеме аға, бағанағыны даўам етсе аға, күтип отырманғой.
- Ҳе аўа, қаерге келип едик?
- Кетебер, - деп руҳсат бердиңиз.
- Аўа, аўа бирақ Гүлмийра кетпеди, күнимиз солай даўам ете берди. Арадан ўақытлар өте берди, анам пақыр да бурынғы пәтинен қайтып, "биймазашылықларын" тоқтатты, тоқтатты деген не Гүлмийрасыз шай ишпейтуғын дәрежеге келди. Азанда жумысына баратырса, "сабағың питиўден үйге асығагөр шайымды ишпей күтип отыраман"дейтуғын болды, ағайинлерде шақырық-пақырық болағойса жанынан қалдырмайды, ене-келин тиртеклесип жүргени.
Сөйтип жүрип тағы бир қызлы, бир уллы болдық. Бәри жөн-жөнине түсип кетти. Сөйтип бала Алланың шеберлигине қара, екеўи әжик-гүжик, ене келиндей емес, тап бир достай боп кетти. Бир-бирине, ҳәтте жайы жайымызға тийип турған Мақсет қоңсым Гүлмийраға "Сәтти келин"деп те ат қойып таслады ҳәзиллесип (бизлерден он жас үлкенлиги бар). Анам Гүлмийраға сонша ырза болған бир күни екеўи отырғанда "- қызым мен де Алланың қам сүт емген бендесимен, шайтан азғырып сени баяғыда көп қыйнадым, өзим де билемен, бирақ сен шыдам бердиң, иллә деп аузыңды ашпадың, бетке шаппадың, ырзаман балам саған, қызым жоқ демеймен, қызымнан артық көремен"- депти.