uk
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Відкрити в Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Показати більше

📈 Аналітичний огляд Telegram-каналу ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

Канал ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) у мовному сегменті Казахська є активним учасником. На даний момент спільнота об'єднує 18 789 підписників, посідаючи 4 323 місце в категорії Релігія і духовність та 449 місце у регіоні Казахстан.

📊 Показники аудиторії та динаміка

З моменту свого створення невідомо, проект продемонстрував стрімке зростання, зібравши аудиторію у 18 789 підписників.

За останніми даними від 11 липня, 2026, канал демонструє стабільну активність. Хоча за останні 30 днів спостерігається зміна кількості учасників на -264, а за останні 24 години на -2, загальне охоплення залишається високим.

  • Статус верифікації: Не верифікований
  • Рівень залученості (ER): Середній показник залученості аудиторії становить 28.21%. Протягом перших 24 годин після публікації контент зазвичай збирає 19.80% реакцій від загальної кількості підписників.
  • Охоплення публікацій: В середньому кожен допис отримує 5 300 переглядів. Протягом першої доби публікація в середньому набирає 3 720 переглядів.
  • Реакції та взаємодія: Аудиторія активно підтримує контент: середня кількість реакцій на один пост – 44.

📝 Опис та контентна політика

Автор описує ресурс як майданчик для висловлення суб'єктивної думки:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

Завдяки високій частоті оновлень (останні дані отримано 12 липня, 2026), канал підтримує актуальність та високий рівень охоплення публікацій. Аналітика показує, що аудиторія активно взаємодіє з контентом, що робить його важливою точкою впливу в категорії Релігія і духовність.

18 789
Підписники
-224 години
-327 днів
-26430 день
Архів дописів
photo content

«ҚАРАҚАЛПАҚНАМА›ДАН: ...Солай етип өмир деген не? —Өмир–бул дүньяга келиў ҳәм кетиўдиң арасы. Өмир–адамның адам менен, әўладл
«ҚАРАҚАЛПАҚНАМА›ДАН: ...Солай етип өмир деген не? —Өмир–бул дүньяга келиў ҳәм кетиўдиң арасы. Өмир–адамның адам менен, әўладлардың әўладлар менен дослығы. Өмир–адамның адамға, әўладлардың әўладларға мухаббети. Мениң өмирим мен өлгеннен кейин басланады,–деген екен Бердақ шайыр. –Ақмақ қай ўақытта ақыллы көринеди? –Сөйлемесе. –Дана қай ўақытта ақмақ көринеди? –Мактаншаққа, быжыққа айланса. –Адамның қандай ўақытта уйқысы қашады? –Қалтасында пулы көп болса. –Адамды қай ўақытта уйқы басады? –Ақылы кем болса. –Сап-саў болып жүрген адам бир күни есерге айланса, қандай кеселге тап болғаны? –Кеселге тап болғаны емес, оның қалтасында пулы көбейгени. –Адамның өзине мәлим қайсы нәрсени оның өзинен басқалар коп айтады? –Атын. –Адамның узақ жасаўына не себепкер? –Оның ертеңинен үмити. –Адамның өмири қысқарыўына не себепкер? –Оның ертеңинен үмитсизлиги. –Адамның бирден жуўап бериўи қыйын қандай сораўды билесең? –«Уйқылап атырсаң ба?» деген сораў.. "Қарақалпақнама". Т. Қайыпбергенов. https://t.me/ibratli_sozler

#Бүгин Бүгин Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровтың туўылға
#Бүгин Бүгин Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровтың туўылған күни. Халила Дәўлетназаров 1952-жылдың 10-февраль сәнесинде Қарақалпақстан Республикасы Кегейли районында дүньяға келген. "Ибратлы сөзлер" каналы ықласбентлери атынан устаз шайырды бүгинги туўылған күни менен шын жүректен қутлықлаймыз! Халила ағамызға узақ өмир,беккем денсаўлық,өшпес бахыт ҳәм дөретиўшилик табыслар тилеймиз! Канал: @X_Dauletnazarov https://t.me/ibratli_sozler

"Ақыл жаста емес, ал баста".... Пикир сизден әзизлер. 🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿🌿 Бизден  узақласпаң..... https://t.me/ibratli_sozler

САЛТ-ДӘСТҮР  ЫРЫМЛАРЫ.ҚОНАҚ -  үйдиң қасына келип ҳәкке шықылықласа  ямаса ишип отырған шайыңда (шәмбе) шөп көринсе бүгин үйге қонақ келеди деп түсинген.... ☘ ҚАБАҚ ТАРТЫЎ -  Егер де адамның  қабағы тартса,  мениң бүгин көзимнен жас шығып жылаўым керек, - дейди....... ☘ АЛАҚАН ҚЫШЫЎ - Егер адамның алақаны қышыса, бүгин мениң қолыма көп ақша түседи деп түсинилген... ☘ ТЕРИСКЕН - Көзине терискен шыққан адамлар, көзиниң үстине салбыратып  ийне қыстырады  ҳәм ортаң бармақ пенен балалы үйрек бармақты көк сабақ пенен қосып  атанақлап байлайды..... ☘ НАН АСАТЫЎ - Қоңсы үйлердиң балалары ата-енесиниң жумсаўы бойынша қоңсы үйге барып, босағаға келип сүринсе, ол баланың аўызын толтырып нан асатады. Нан асатыў ырымы усыннан келип  шыққан. ☘ УРЫС -  Егер адамның езиўи бир жағына тартса, онда мен бүгин биреў  менен урысыўым керек, деп ойлайды..... (XALÍQ  DANALÍǴÍ. QALLÍ  AYÍMBETOV). 🫆🫆🫆🫆🫆🫆🫆🫆🫆 https://t.me/ibratli_sozler

Bazargu_l_Karimova_O_tersen_Lyrics_Text_Базаргул_Каримова_Өтерсең.mp310.18 MB

🚸 Жаслық ўақтыңда Анаң бахытлы болыўың ушын гей бир унамсыз ҳәм кеўилди шөктиретуғын хабарларды сеннен жасыратуғын еди. Ҳәзи
🚸 Жаслық ўақтыңда Анаң бахытлы болыўың ушын гей бир унамсыз ҳәм кеўилди шөктиретуғын хабарларды сеннен жасыратуғын еди. Ҳәзирде енди Анаңды бахытлы қылыў ушын оны тынышсызлантуратуғын хабарларды оннан жасырыў нәўбети саған келди. 👆Ата-анаң дәл еки көзге уқсайды. Бири оң, екиншиси шеп. Егер олардың биреўинен айрылсаң, көриуиң гүңгиртлеседи. Екеўиненде айрылсаң, соқыр болып қаласаң. Оларды еки көзиңди сақлағаныңдай абайлап сақла! ✍ Ж. Румий 🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟🌟 https://t.me/ibratli_sozler

GULXATYSHA - KUTEMEN SENI + 2 (1) (1).mp314.44 MB

АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ҚӘДИРДАНЛАР !!! Және бир таңға саў-саламат, баўыры пүтинликте жеттик, Алҳамдулиллаҳ! 🌼 Ең бахытлы инсан б
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ҚӘДИРДАНЛАР !!!     Және бир таңға саў-саламат, баўыры пүтинликте жеттик, Алҳамдулиллаҳ!  🌼 Ең бахытлы инсан болыў ушын:  🌼 Қуўанышымызға шүкир,  🌼 Қапашылығымызға сабыр,  🌼 Тилимизди зикир,  🌼 Жүрегимизди меҳир       менен  толтырып алайық!  🌼 Баслап атырған жаңа күниңиз қайырлы, берекетли болсын! 🌼 Бүгинги басланып атырған   күниңиз кеўилдегидей өтсин! 🌼 Ҳәр бир ийгиликли исиңизге Алла яр, Қыдыр ата мәдеткер болсын! 🍃 Бизден узақласпаң...... {{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{ https://t.me/ibratli_sozler

photo content

photo content

ЖӘМИЙЕТЛИК-СИЯСИЙ ХӘМ ӘСКЕРИЙ АТАМАЛАР (Қулшы бий хызметлери менен байланыслы жыйналған материаллар тийкарында) аба – 1) ага, жолбасшы; 2) ўәкил ата. аға – тәжирийбели хәм дәрежели әскер. ағалық – тәжирийбели әскерлердиң жас нөкерлерди қоллаўы. ағаман – аға нөкер (старшина). азаў-қазақ – 1) еркин, өз бийлигине ийе; 2) дасқал, тете. азғын – ата жолынан айныған, ел-журтынан айра түскен кимсе. айдаўыл – айыпдарларды хәм тутқынларды алып жүриўши (конвой). айдыршақ – бала нөкер. айғақ – 1) дәлел; 2) дыqqatлы, қырағы, сергек. айғақшы – қырағы барлаўшы (разведчик). айғақ – әхиднама, дәлелхат (акт). айғыйшы / айыўшы – жеңимпаз. аламан – 1) басшысыз көўим; 2) дала халқы (номад). аймақ – урыў-тайпалар тийкарында дүзилген әскерий бирлеспе. айқал – батырларға қойылған тас белги. айқалпақ – төбеси бийик қалпақ (мурақ). айсалақ – сарыжай, оқжайдың үлкен тури. ақсаўыт – айрықша саўыт. ✍ Сейдин Әмирлан "Уллы көшти басқарған Улысбасы" китабынан https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Видеоға қарап қарақалпақ нақыл-мақаллары, фразеологиялық сөз дизбеклерин тауың. https://t.me/ibratli_sozler

ШАЙ ПУЛЫ Уллы Қытай Дийўалын қурғанда қытай халқы оның бийик дийўалларынан душпан асырылып өте алмайды деп нийет қылған екен.
ШАЙ ПУЛЫ Уллы Қытай Дийўалын қурғанда қытай халқы оның бийик дийўалларынан душпан асырылып өте алмайды деп нийет қылған екен. Бирақ қурылыс питкеннен кейин душпанлары жүз жыл ишинде үш мәрте елин шаўып тонаған. Бир қызығы душпанлары дийуаллардан асырылып өтиўге ҳеш қандай мүтəжлик сезбеген. Есигинде турған қараўылларға шай пулы берген екен олар душпанларына дәрўазаны айқара ашып берген. Сонда қытайлылар неден қәте қылған? Баслы қәтеси сол - дийўал қурыў менен бəнт болған қытайлылар оны қорғап турыўшы қараўылларды таярлаўды есинен шығарған. https://t.me/ibratli_sozler

#мотивация КИМЛЕР СЕНИ СӨЗ ЕТСЕ... Кимлер сени сөз етсе,сен олардан бәлентсең, Сөз етпеге арзырлық ерекшесең демек сен. Не демейди мына журт,қулақ салып ҳәлексең, Ийт үреди-бул жолдан кәрўан көше береди. Өмир деген мың сынақ-дусласарсаң мыңларға, Мыңларда мың пикир бар,қурбың жетпес тыңларға. Сени биреў сөз етсе,бәлким орның шыңларда, Сен мың жақсы болсаң да, ийтлер үре береди. Кимлергедур жақпайды сениң шийрин сөзлериң, Ал,биреўге унамас күлип турған көзлериң. Биреўлер пәс болса да, бәлент санар өзлерин, Ғыйбат сөзди ызғытып, желдей есе береди. Бәле келмес жаманға,жақсыға сөз ереди, Мың ғәремет артса да,жақсыны көз көреди. Ийттиң аты ийт ғой ол- жақсыға да үреди, Ийтлер қалар жолларда.Кәрўан көше береди.         *     *     * Кимлер сени сөз етсе,сен олардан бәлентсең, Сөз етпеге арзырлық ерекшесең демек сен. Не демейди мына журт,қулақ салып ҳәлексең, Ийт мың үрсин бул жолдан,Кәрўан көше береди. Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА 15-август,2025 жыл 👉https://t.me/gulnara_nurlepesova https://t.me/ibratli_sozler

Бир гүлмен ярым https://t.me/ibratli_sozler

ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!! АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАРЫМ ! АЛЛАНЫҢ нурлы таңына аман - есен ден-саулықта жеткизгенине мың шүкирлер болсы
ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!! АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАРЫМ ! АЛЛАНЫҢ нурлы таңына аман - есен ден-саулықта жеткизгенине мың шүкирлер болсын ! Баслап атырған күниңиз бахытқа, қууанышқа сиз күткен жақсы жаңалықларға толы болсын ! Шаңарағыңызға қут-берекет, мол ырысқы берсин ! https://t.me/ibratli_sozler