ar
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

الذهاب إلى القناة على Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

إظهار المزيد

📈 نظرة تحليلية على قناة تيليجرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

تُعد قناة ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) في القطاع اللغوي Kazakh لاعباً نشطاً. يضم المجتمع حالياً 18 785 مشتركاً، محتلاً المرتبة 4 324 في فئة الدين والقيم الروحية والمرتبة 447 في منطقة كازاخستان.

📊 مؤشرات الجمهور والحراك

منذ تأسيسه في невідомо، حقق المشروع نمواً سريعاً وجمع 18 785 مشتركاً.

بحسب آخر البيانات بتاريخ 10 يوليو, 2026، تحافظ القناة على نشاط مستقر. خلال آخر 30 يوماً تغيّر عدد الأعضاء بمقدار -272، وفي آخر 24 ساعة بمقدار -14، مع بقاء الوصول العام مرتفعاً.

  • حالة التحقق: غير موثّقة
  • معدل التفاعل (ER): يبلغ متوسط تفاعل الجمهور 28.31‎%. وخلال أول 24 ساعة من النشر يحصد المحتوى عادةً 20.04‎% من ردود الفعل نسبةً إلى إجمالي المشتركين.
  • وصول المنشورات: يحصل كل منشور على متوسط 5 319 مشاهدة. وخلال اليوم الأول يجمع عادةً 3 764 مشاهدة.
  • التفاعلات والاستجابة: يتفاعل الجمهور بانتظام؛ متوسط التفاعلات لكل منشور يبلغ 44.

📝 الوصف وسياسة المحتوى

يصف المؤلف القناة بأنها مساحة للتعبير عن الآراء الذاتية:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

بفضل وتيرة التحديث المرتفعة (أحدث البيانات بتاريخ 11 يوليو, 2026) تحافظ القناة على حداثتها ومستوى وصول مرتفع. وتُظهر التحليلات تفاعلاً نشطاً من الجمهور، ما يجعلها نقطة تأثير مهمة ضمن فئة الدين والقيم الروحية.

18 785
المشتركون
-1424 ساعات
-447 أيام
-27230 أيام
أرشيف المشاركات
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ҚӘДИРДАНЛАР !!! Және бир таңға саў-саламат, баўыры пүтинликте жеттик, Алҳамдулиллаҳ! 🌼 Ең бахытлы инсан б
АССАЛАЎМА ӘЛЕЙКУМ, ҚӘДИРДАНЛАР !!!     Және бир таңға саў-саламат, баўыры пүтинликте жеттик, Алҳамдулиллаҳ!  🌼 Ең бахытлы инсан болыў ушын:  🌼 Қуўанышымызға шүкир,  🌼 Қапашылығымызға сабыр,  🌼 Тилимизди зикир,  🌼 Жүрегимизди меҳир       менен  толтырып алайық!  🌼 Баслап атырған жаңа күниңиз қайырлы, берекетли болсын! 🌼 Бүгинги басланып атырған   күниңиз кеўилдегидей өтсин! 🌼 Ҳәр бир ийгиликли исиңизге Алла яр, Қыдыр ата мәдеткер болсын! 🍃 Бизден узақласпаң...... {{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{{ https://t.me/ibratli_sozler

photo content

photo content

ЖӘМИЙЕТЛИК-СИЯСИЙ ХӘМ ӘСКЕРИЙ АТАМАЛАР (Қулшы бий хызметлери менен байланыслы жыйналған материаллар тийкарында) аба – 1) ага, жолбасшы; 2) ўәкил ата. аға – тәжирийбели хәм дәрежели әскер. ағалық – тәжирийбели әскерлердиң жас нөкерлерди қоллаўы. ағаман – аға нөкер (старшина). азаў-қазақ – 1) еркин, өз бийлигине ийе; 2) дасқал, тете. азғын – ата жолынан айныған, ел-журтынан айра түскен кимсе. айдаўыл – айыпдарларды хәм тутқынларды алып жүриўши (конвой). айдыршақ – бала нөкер. айғақ – 1) дәлел; 2) дыqqatлы, қырағы, сергек. айғақшы – қырағы барлаўшы (разведчик). айғақ – әхиднама, дәлелхат (акт). айғыйшы / айыўшы – жеңимпаз. аламан – 1) басшысыз көўим; 2) дала халқы (номад). аймақ – урыў-тайпалар тийкарында дүзилген әскерий бирлеспе. айқал – батырларға қойылған тас белги. айқалпақ – төбеси бийик қалпақ (мурақ). айсалақ – сарыжай, оқжайдың үлкен тури. ақсаўыт – айрықша саўыт. ✍ Сейдин Әмирлан "Уллы көшти басқарған Улысбасы" китабынан https://t.me/ibratli_sozler

photo content

Видеоға қарап қарақалпақ нақыл-мақаллары, фразеологиялық сөз дизбеклерин тауың. https://t.me/ibratli_sozler

ШАЙ ПУЛЫ Уллы Қытай Дийўалын қурғанда қытай халқы оның бийик дийўалларынан душпан асырылып өте алмайды деп нийет қылған екен.
ШАЙ ПУЛЫ Уллы Қытай Дийўалын қурғанда қытай халқы оның бийик дийўалларынан душпан асырылып өте алмайды деп нийет қылған екен. Бирақ қурылыс питкеннен кейин душпанлары жүз жыл ишинде үш мәрте елин шаўып тонаған. Бир қызығы душпанлары дийуаллардан асырылып өтиўге ҳеш қандай мүтəжлик сезбеген. Есигинде турған қараўылларға шай пулы берген екен олар душпанларына дәрўазаны айқара ашып берген. Сонда қытайлылар неден қәте қылған? Баслы қәтеси сол - дийўал қурыў менен бəнт болған қытайлылар оны қорғап турыўшы қараўылларды таярлаўды есинен шығарған. https://t.me/ibratli_sozler

#мотивация КИМЛЕР СЕНИ СӨЗ ЕТСЕ... Кимлер сени сөз етсе,сен олардан бәлентсең, Сөз етпеге арзырлық ерекшесең демек сен. Не демейди мына журт,қулақ салып ҳәлексең, Ийт үреди-бул жолдан кәрўан көше береди. Өмир деген мың сынақ-дусласарсаң мыңларға, Мыңларда мың пикир бар,қурбың жетпес тыңларға. Сени биреў сөз етсе,бәлким орның шыңларда, Сен мың жақсы болсаң да, ийтлер үре береди. Кимлергедур жақпайды сениң шийрин сөзлериң, Ал,биреўге унамас күлип турған көзлериң. Биреўлер пәс болса да, бәлент санар өзлерин, Ғыйбат сөзди ызғытып, желдей есе береди. Бәле келмес жаманға,жақсыға сөз ереди, Мың ғәремет артса да,жақсыны көз көреди. Ийттиң аты ийт ғой ол- жақсыға да үреди, Ийтлер қалар жолларда.Кәрўан көше береди.         *     *     * Кимлер сени сөз етсе,сен олардан бәлентсең, Сөз етпеге арзырлық ерекшесең демек сен. Не демейди мына журт,қулақ салып ҳәлексең, Ийт мың үрсин бул жолдан,Кәрўан көше береди. Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА 15-август,2025 жыл 👉https://t.me/gulnara_nurlepesova https://t.me/ibratli_sozler

Бир гүлмен ярым https://t.me/ibratli_sozler

ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!! АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАРЫМ ! АЛЛАНЫҢ нурлы таңына аман - есен ден-саулықта жеткизгенине мың шүкирлер болсы
ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ!! АССАЛАУМА ƏЛЕЙКУМ ҚƏДИРДАНЛАРЫМ ! АЛЛАНЫҢ нурлы таңына аман - есен ден-саулықта жеткизгенине мың шүкирлер болсын ! Баслап атырған күниңиз бахытқа, қууанышқа сиз күткен жақсы жаңалықларға толы болсын ! Шаңарағыңызға қут-берекет, мол ырысқы берсин ! https://t.me/ibratli_sozler

#Салт_дәстүр 📜 АТА НӘСИЯТЫ Дәстүрхан басында ер адам саққа жүгинип ямаса малдас қурынып тик отырғаны дурыс. Ҳаял адам саққа жүгинип ямаса бир дизерлеп отырғаны әдептиң белгиси. Ҳаял адамның малдас қурынып отырыўы әдепсизлик болған. 📖 Өзге үйге келген ҳаял адам әсиресе ер адам есик қаққаннан кейин даўыс берип яки жөтелип сес берип киргени дурыс болады. 📖 Үйге ийилип келин болып түскен ҳаял адам қай жаста болса да басына орамал тартып жүриўи шаңараққа ҳәм ата-енеси болған үлкен ҳүрметтиң белгиси. Егер келин жалаңбас жүретуғын болса ол бириншиден сол шаңараққа ҳүрметсизлик болса, екиншиден писирилген тамаққа патаслық алып келеди. 📖 Турмысқа шығып кеткен қыз әкесиниң үйине қыдырып келгенде сол ҳүрмет белгиси болған орамалын тасламай тағып жүриўи шәрт. Ата-енесине көрсеткен ҳүрметти өз ата-анасына да ислеп әдеп сақлаўы керек. Өз үйиме келдим деп орамалын таслап шашын желбиретип жүриўи еки шаңараққа да ҳүрметсизлик болады. 📖 Уйқылағанда жоқарыға қарап ямаса оң тәрептен жатқан дурыс болады. Шеп тәрептен жатыў денеге зыян болса, бүккесине түсип, терис аўдарылып жатыў мусылманшылыққа қайшы делинген. 📖 https://t.me/ibratli_sozler

ЖАРЫМЕСЛЕР (екшембидеги хəзил) (қырсық сөзлик) Дүньяда жарымеслердиң мен билетуғын алты түри бар. Биринши жарымес - футболист
ЖАРЫМЕСЛЕР (екшембидеги хəзил) (қырсық сөзлик) Дүньяда жарымеслердиң мен билетуғын алты түри бар. Биринши жарымес - футболистлер, өзи теўип жиберген топты қуўалағаны - қуўалаған, Екинши жарымес - тигиўшилер, әнейдей затты қырқып таслайды, және қырыққанын өзи жамайды, Ушинши жарымес - муғаллимлер, өзи билетин нәрсени оқыўшыларынан сорап жүреди, Төртинши жарымес - шаштарезлер, ҳәммениң шашын алады, бирақ өзиниң шашын басқаларға алдырады, Бесинши жарымес - трамвай айдаўшылар, ҳәммени керек жерине апарады, бирақ өзи үйине пияда қайтады, Алтыншы жарымес- өзим, усыларды биреў оқып, күле қоярма екен деп қағазға түсирип отырған. (Аўдарма) https://t.me/ibratli_sozler

DALIBAY MAMBETMURATOV bir gul korindi.mp310.55 MB

Әне сондай қосшым, ҳимм, енди мынаңқара қызыққа, со баяғы ырзашылығымды билдирип рухсатымды бергенсоң анасына арадағы гәпти айтады, ойласып, үйине қайтыўға руҳсат сорап (буны маған ол арадан көп жыллар өтип, балларымыз үлкейип кеткенсоң, гәптен гәп шығып айтып берди). Қойып тур балам, әкең менен бир мәсләҳәтлесип алайық, күйеў баланы наразы қылып кетпесин, қуда да, қудағай да ондай бир айбықәддем адамларға усамайды, сабыр етсин деген гәплерди айтып еди, - депти. Сөйтип ғаррысына айтыпты, сондай да сондай, екеўи солай шешипти деп. Қәйин атам: "Не қыламыз енди, көнемиз дә, келе қойсын онда, бирақ бир шәрт бар, баласын таслап кетсин өзлерине, ертең аяғына тусаў болады депти, Сабыржан инимаў, түсинип турсаңба, не деген гәп бул, қайсы ана жигербентинен безеди, қәйин атамның ақылына тән бердим, ҳаў кейинге жол жоқ деген гәп емеспе бул. - Әне қосшым, бизден гәп сорасаң, қудайға шүкир сол жолларды басып өткен кемпирим бул, жас мингенсоң кемпир дегенниң қәдири арта береди екен, еле өзиң ҳәм көрерсең, өмирлик жолдас деп бийкар айтпайды екенғой, ал жатайық енди ўақыт ҳәм бираз болған шығар, - деп әңгимесин туўарып төсеклерин тәртиплестирип баслады. Мен де ояқ буяғымды жыйнастырып "өли төсегиме" қыйсайдым, бирақ уйқы жоқ, усындай әкелер, аналар қайда кетти? Ҳәзир неге ажырасыўлар көбейип кетти, жәмийетимизге не болып атыр өзи, келинлерде неге ийбе азайып кеткен, жигитлеримизге не болып атыр өзи... ойлар, ойлар, шым-шытырық ойлар...! Жаңабай Ерназаров

#Гүрриң АТАЛАР СӨЗИ 2-бөлим ... Көз жасына ерк берди, көпшикке басы тийиўден жылаў, жылаў. Жылағанда да даўысы шықпайды, тек ийни селк-селк. Соннан жүргени ертеңине көзлери қызарып, бет алмасы қалқып. Не қылсын енди уйқы пүтин емес. Еки оттың ортасында қалдым. Бир жағында анам, бир жағында өмирлик жолдасым, бир биреўге кеўил берип, не не арзыў әрманлар менен турмыс қурған қостарым. Шешими аўыр мәселе, уххх. Сөйтип басыңды аўыртып не қылайын, бул азаптан қутылыўдың пәмим жеткенше шешимин тапқандай болдым, тас түссе талайымнан көрермен деп, ҳаялдан да, баладан да ўаз кешиўге қарар еттим. Барлық нәрсениң еми ўақыт емеспе?, айралық, сағыныш, бул азаплар бәри өтип кетер, тәғдиримнен көрермен, Гүлмийрадай бир нашар тап болса үйленермен, үйленбесем тақ өтермен маңлайымды қыршып қойған жоқ шығар дер тәўекелге бел байладым, Өйтпегенде не қылайын иним аў, анамды сотлап отырайынба енди? Түн болды. Жаттық. Гүлмийра баслады жылаўды. Орнымнан турып светти жақтым, қарсы алдыма отырғыздым. -Гүлмийра болды, тоқтат жылаўды, өзиң менен қосып мени де езип жибердиң. Билип жүрмен саған анам нахақлық қылып атыр, күниң күн болмай қалды, бизге нахақлық болып түйилип турған шығар, бәлким хақ шығар, үйиңниң ишиниң хабары барма? - Аўа, әри шыдадым, бери шыдадым болмады, анама айттым, ериңниң разылығысыз тырп етпейсең, сүйегиң сипсе болса да шыдайсаң деди деп көзиниң жасын сыпырды. - Онда былай, Алла разы мен разыман, мени де түсин, сениң тәрепиңди алып, сени жақлап анама қарсы шықпайман, сен де меннен разы бол, ертең керек затларыңды ал да кетебер, ажырасамыз, басқа иләжым жоқ. Соның менен гәп тамам, екеўимиз ийттиң азабы менен таңды атырдық аў әйтеуир. Оң қолы бүгиўли Жеткерсин келип әңгиме бөлинди: - Ата Сизди келип кетсин деп атыр Зоя апа. - Алла бәрәкәллә, әңгимениң қызығы менен отыра бериппен ғо, деп урман-пурман турыўы менен Қәдирбай аға шаншыўханаға кетти. Арадан бир кесе шай ишим ўақытты өткерип ол да қолы бүгиўли кирип келди. - Берекет тапсын усы Зоя қызым, тамырды дәрриў таба қояды, усы қызым нәўбетши болған күни жаным жай табады, кешеги "раптор" ыңнан қалыппеди,я айна,қапыны жауып кондиционерди пәсейтип қоямызба?,мына сүйир шыбынлар шығатуғын уақыт әм шамаластығой. - Ояғынан ғам жеме аға, бағанағыны даўам етсе аға, күтип отырманғой. - Ҳе аўа, қаерге келип едик? - Кетебер, - деп руҳсат бердиңиз. - Аўа, аўа бирақ Гүлмийра кетпеди, күнимиз солай даўам ете берди. Арадан ўақытлар өте берди, анам пақыр да бурынғы пәтинен қайтып, "биймазашылықларын" тоқтатты, тоқтатты деген не Гүлмийрасыз шай ишпейтуғын дәрежеге келди. Азанда жумысына баратырса, "сабағың питиўден үйге асығагөр шайымды ишпей күтип отыраман"дейтуғын болды, ағайинлерде шақырық-пақырық болағойса жанынан қалдырмайды, ене-келин тиртеклесип жүргени. Сөйтип жүрип тағы бир қызлы, бир уллы болдық. Бәри жөн-жөнине түсип кетти. Сөйтип бала Алланың шеберлигине қара, екеўи әжик-гүжик, ене келиндей емес, тап бир достай боп кетти. Бир-бирине, ҳәтте жайы жайымызға тийип турған Мақсет қоңсым Гүлмийраға "Сәтти келин"деп те ат қойып таслады ҳәзиллесип (бизлерден он жас үлкенлиги бар). Анам Гүлмийраға сонша ырза болған бир күни екеўи отырғанда "- қызым мен де Алланың қам сүт емген бендесимен, шайтан азғырып сени баяғыда көп қыйнадым, өзим де билемен, бирақ сен шыдам бердиң, иллә деп аузыңды ашпадың, бетке шаппадың, ырзаман балам саған, қызым жоқ демеймен, қызымнан артық көремен"- депти.

Меҳрибан ҚАБУЛОВА, Педагогика илимлери бойынша философия докторы ҚЫЗЫМА Аппақ қызым, палапаным, Шадлығымсаң көңилде. Бәҳәримн
Меҳрибан ҚАБУЛОВА, Педагогика илимлери бойынша философия докторы ҚЫЗЫМА Аппақ қызым, палапаным, Шадлығымсаң көңилде. Бәҳәримниң алтын таңын, Алып келдиң өмирге. Сен туўылған күни дала, Лала гүлдей доланды. Сен бахытқа бөлеп жаңа, Қуўандырдың анаңды! Қатар өскен қара таллар, Тербетилсе бесиктей, Сен де өтип айлар, жыллар, Ержетесең кешикпей. Суп-сулыў жүзлериң сениң, Жаңа туўған айға усар, Болмаса да жүзде меңиң, Көргенлердиң ақлын тусар. Бүгин шашларың әнўары, Аңқытар хош ийисти. Ҳүсниңде не болса, бәри, Тек өзиңе тийисли! 21.01.2026. АНА МУҢЫ Қашан балам келер екен, Анажанын көриўге? Анда-санда болсадағы, Келип сәлем бериўге? Жолға қарап күтемен мен, Балларымды сағынып. Келсе басарман баўрыма, Сағыныштан аҳ урып. Барған гезде үйлерине, Жайнап-жаснап қаламан. Суп-сулыў ақлықларымнан, Зор күш-қуўат аламан. Керек емес маған ҳасла, Ҳеш бириниң саўғасы. Болмаса дермен тек те, Басларында ғаўғасы. Бул алдамшы дүнья - елес, Ялғаншыдан ҳәмме өтер. Анаңыз да мәңги емес, Бир күн ол да өтә кетер. 21.01.2026.