ar
Feedback
ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

الذهاب إلى القناة على Telegram

От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

إظهار المزيد

📈 نظرة تحليلية على قناة تيليجرام ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР...

تُعد قناة ИБРАТЛЫ СӨЗЛЕР... (@ibratli_sozler) في القطاع اللغوي Kazakh لاعباً نشطاً. يضم المجتمع حالياً 18 877 مشتركاً، محتلاً المرتبة 4 298 في فئة الدين والقيم الروحية والمرتبة 452 في منطقة كازاخستان.

📊 مؤشرات الجمهور والحراك

منذ تأسيسه في невідомо، حقق المشروع نمواً سريعاً وجمع 18 877 مشتركاً.

بحسب آخر البيانات بتاريخ 28 يونيو, 2026، تحافظ القناة على نشاط مستقر. خلال آخر 30 يوماً تغيّر عدد الأعضاء بمقدار -262، وفي آخر 24 ساعة بمقدار -14، مع بقاء الوصول العام مرتفعاً.

  • حالة التحقق: غير موثّقة
  • معدل التفاعل (ER): يبلغ متوسط تفاعل الجمهور 26.62‎%. وخلال أول 24 ساعة من النشر يحصد المحتوى عادةً 19.61‎% من ردود الفعل نسبةً إلى إجمالي المشتركين.
  • وصول المنشورات: يحصل كل منشور على متوسط 5 027 مشاهدة. وخلال اليوم الأول يجمع عادةً 3 704 مشاهدة.
  • التفاعلات والاستجابة: يتفاعل الجمهور بانتظام؛ متوسط التفاعلات لكل منشور يبلغ 46.

📝 الوصف وسياسة المحتوى

يصف المؤلف القناة بأنها مساحة للتعبير عن الآراء الذاتية:
От жаққыштан дана шығар, Сөзге қулақ түре-түре. Аязий. Шөлкемлестириўши: Яссаўий Инстаграм каналымыз: Instagram.com/ibratli_sozler_ Ютуб каналымыз: https://www.youtube.com/channel/UCYp0lSkO4ACpBKxCKO-mvcw

بفضل وتيرة التحديث المرتفعة (أحدث البيانات بتاريخ 29 يونيو, 2026) تحافظ القناة على حداثتها ومستوى وصول مرتفع. وتُظهر التحليلات تفاعلاً نشطاً من الجمهور، ما يجعلها نقطة تأثير مهمة ضمن فئة الدين والقيم الروحية.

18 877
المشتركون
-1424 ساعات
-867 أيام
-26230 أيام
أرشيف المشاركات

🎼🌹🎼🌹🎼🌹🎼🌹 ✍Т.Кабулов 🎤А.Әжиниязова 🎼🌹🎼🌹🎼🌹🎼🌹 https://t.me/ibratli_sozler 🌹🎼🌹🎼🌹 🎼🌹🎼🌹🎼🌹🎼🌹

Қайырлы түн әзизлер! Адам келер-кетер дүркин ҳәм дүркин, Жүрек қыймақ емес дүньяның көркин. Улықпандай мың жыл өмир сүрсең де
Қайырлы түн әзизлер! Адам келер-кетер дүркин ҳәм дүркин, Жүрек қыймақ емес дүньяның көркин. Улықпандай мың жыл өмир сүрсең де, Соның аржағында бар тағы бир күн.  ✍ Т. Жумамуратов 💫 💫 💫 💫 Сизлерге түннен тынышлық  таңнан ырысқы берекет  несип етиўин тилеймиз... https://t.me/ibratli_sozler

- Көзи әззи адам жақты әлемди көриўди әрман етеди. - Қулағы аўыр адам даўысларды еситсем дейди. - Арбашада отырған адам, жерд
- Көзи әззи адам жақты әлемди көриўди әрман етеди. - Қулағы аўыр адам даўысларды еситсем дейди. - Арбашада отырған адам, жерди аяқлары менен ғаз-ғаз басыўды қәлейди. - Сақаў болса сөйлеўди әрман етеди. ❗️Сен болсаң ҳәм көресең, ҳәм еситесең, жүресең ҳәм еркин сөйлейсең. ❗️БАРЫНА, БӘРИНЕ ШУКИР ҚЫЛ ! •┈┈┈┈•❈••✾••❈•┈┈┈┈• https://t.me/ibratli_sozler

ӨЗИ БОЛҒАН ӨЗМӘМБЕТ Өзи болған өзмәмбет, Көкте жүрген пәлпәллеп. Жерден үзип аяғын, Көзин басқан май, ғәплет. Аңлап ояқ-буяғы
ӨЗИ БОЛҒАН ӨЗМӘМБЕТ Өзи болған өзмәмбет, Көкте жүрген пәлпәллеп. Жерден үзип аяғын, Көзин басқан май, ғәплет. Аңлап ояқ-буяғың, Көрсем оның сыяғын. Кеўли өсип табыстан, Зорға басар аяғын. Зәңлеп кеўилханасы, Топасланған санасы. Көринбейди көзине, Ҳәтте туўған анасы. Дүнья алып ақылын, Билмес истиң мақулын. Көзге илмес ҳәттеки, Баўыр етин жақынын. Қапа етсең анаңды, Күйдирипсең Каабаңды. Жақынларсыз ҳешкимсең, Оят енди санаңды! Өзи болған өзмәмбет, Ақылыңды ал, жәмлеп. Бул бес күнлик дүньяда, Кимлигиңди ал пәмлеп. ✍Гүлнара НУРЛЕПЕСОВА https://t.me/ibratli_sozler

Умит расы машын пулдан кыйналып баслады, онын устине пахта отак басланып атырган уакыт еди. Бириншилерден болып пахта гезекке( ол уакытлары конага) баратугынлыгын директордан еситкен еди. Ол енди абден кыйланып калган еди. Себеби конага барасан, болмаса орнына акша берип адам койып кетеу керек еди. Ол пахтага барган жерден хеш кимди танымасада, бирге келгенлер менен уйме уй журип зорга кешке таман орнына бир балага акша берип келисип кетти. Усылай бир хапте уакыт отти. Енди Умит ушын жумыс уакты басланып жумыска карай жол алды. Мектепке келсе хамме огар баскаша коз карас пенен карагандай сыяклы туйилди. Ойлаганындай болып шыкты. Кейин билсе директор оз ханасына шакырып алып жумыстан босаганын айтты... Хайран... Не болды деп сорамай атырып директор алдына бир бет кагаз бенен ручка койды. Жане хайран.. Ойлады маган тапсырма бар екенау Кейин тили зорга айланып бул не зат деди аппак бетти корип. Жаз арзанды деди. Енди бир немелерди сезгендей болды. Ойткени Умит жокта енеси келип жаманлап кеткенин еситкен еди. Бирак бул дарежеде екенин билмес еди. Себеби мектеп директори Умиттин алыслау кайнагасы еди. Олсызда кайин ене корген жерде, жумыстан босатыудын турли илажларвн корип жургенлигинен азмаз хабары бар еди.Енди абден директордын келиншегине, директордин озине Умитти жаман корсетип болган еди. Умит директор ханасынан хеш нарсе деместен шыгып кетти. Сыртта саялап отырган касиплеслеринин касына барып отырды. Оларда хамме уакыядан билгенликлерин билдиргиси келмегендец унсиз отырды. Умит буратала озин колайсыз сезди. Усылай жер сызып отырган уакытта бир затты банелеп директор саялап отырганлар касына келди, хам Умитке жане кете бер жумыстан босадын деди. Бул соз енди артыкша еди. Директор да, касындагы касиплеслерде Умитке айып ислеп койгандай карап турар еди. Умит сойлеуди билди, директор негатив пикир айтыуды кутер еди.Себеби Умит сойлеп, тонкылдап себебин сорап кетсе усы имкатяттан директор жаксы пайдаланып касиплеслерге жаман корсетиуин кутип тур еди. Азмаздан кейин хар ким оз жумыслары бойынша ишке карай таркаса баслады. Умит болса " салысы сууга кетип" уйге карай( торкинге) жолга машын кутиу ушын биндиргиге карай " сиркесин суу котермей" зорга журер еди. Арадан бир еки кун о кен сон жумыска барып корейин балким мени хаммеси сынап атырган шыгар, кейни жаксы болып кетер деген умитлер менен барды. Барса директор жане сол гап, тагы орнына адам алдым, пайдасы жок деп касты бар адамдай гапти кесип айтты. Умиттин устинен " муздай" суу куйылгандай болды. Ол енди не ислерин, кайда барарын, кимге жарыларын билмеди. Хеш жерде хеш зат жок жумысымнан айрылсам, мен кимге жаманлык кылдым, ким ушын журдим, ким ушын окыдым, кимлер менин жумысымнан айралып калыуыма себепши, кимлер маган жууап бере алады деген ой Умитти кыйнап келмекте.
Сизлер не деп ойлайсызлар? Шанарактагы, кызларма яки сол кызлардын созин ерген кайин атама, яки ененин созине ерген директорма (кайнагама) яки бариниң басында сол "майда" "катын гап" зулым кайин атама"??? Кайин аталар ким? Шанаракта олардын орны кандай болыуы керек? Усы кайин атанын келинге ислеген кысыуметлерине калай карайсызлар??
✍Қағазға тусирген: Индира Пирлепесова https://t.me/ibratli_sozler

Умитте кейнин ойлап дарриу кийеуине ерип барып сол кийим, сол ийниндеги сумкасы менен шингириклерди екеулеп, ушеулеп еселеп тасый баслады. Енди жигирмага шамаластау деп санапта кормеди усти басын кагып кетиуге бийимлескенде енеси куртканды шешип неге тасымадын, менин саган кайта кайта аперетугын акшам жок, десе айнадан карап куни менен бауларды алып откенин нешеу болганын корип турган кызларда буган еле жигирма болган жок деп оз " улес" лерин косты. Енди бул Умит ушын артыкша еди. Исинип, ханасына сыймай турган ол енди сойлеуге мажбур еди. Сол кызлар жумыска барып келип жургенин коре алмаслыкларын, барин усылар баслап, изин ата ене дауам етип атырганлыгын, озине кылган адалатсызлыкларын бирме бир айтып шеринде таркатып алгандай болды. Онын менен олар бир гапинеде, бир кылыгына да уялажак емес. Кайта сол жер улкен бир топаланга айланды. Кайин ата да кылыгынан кылмысынан уялыу жок. Гапке тусинбейтугынларын сезген Умит кешикседе мектепке карай асыкты. Уйде калган менен гап гужисе гужийдиде, токтамайтугынын билди. Ол жолда баратырып озин бир баска планеталар, яки баска алем адамлар арасынан тусип калгандай, хайран. Усылай ол бирине шыдап, бирине сойлеп еплеп журе берди. Енди кыз уактындагы сол баягы адепли, шаккан, шебер деген кыз асте шараятка, жагдайга карап озин озгерте баслады. " Атты ешектин касына байласан, ешектин табиси урады" дейди го. Сол айткандай Умитте озин ози коргауды сол " ешек" лерден уйренди. Ойткени кайин атанын, нырыкка сыймаган, гаплери, кылмас, кылыклары хатте кийеуи согип кормеген Умитти енди сол кайин атадан еситти. Усылай кунлер отип енди келинге абден " кет" деген адетти шыгарды. Ол оганда шыдап, жумыс, гейде уй гейде шаршап кетип калыуды да ойлады. Бирак шыдады, ойткени ол уйге барып отырыуды "уят" билди. Буларды ол ата анасына бирин айтып бирин жасырып айтпады. Кызлар жумысты койып кетиуине турли себеплер, турли гаплер тауып шаршамады. Умит жумыска келсе, уйге карай кайткысы келмей табаны тартпай, кайтар еди. Усындай кунлердин биринде аукат асыуды себеп етип барлыгы жыйналып я жумыс я уй болмаса кетсин деп биригип Бахытты ортага алды. Бахыт ан тан не болганын, не болып атырганын кимге боларын билмеди. Себеби бул ата анасынын кунделикли гапине айланды. Умит болса кийеуине мен уйде калсамда усы жанжел жумыска барсамда усы жанжел, мен барлыгына шыдап, барлыгына улгерип киятырман. Жумыстан босасам мен жилли болып каламан, себеби сен мени уйдегилерден коргай алмайсан сойлесен катыннын гапи болып атыр. Азмаз болсада басымды жазып келеменго. Айлыгым барибир солардын колында, менин зыянымнан пайдам кобирек шыгар деп ныкыртыпта койды. Бул жанжеллер артса арттыда хеш пасеймеди. Бир куни жумыска ертелеу кетиуге болмаса болмайьугынын мектепте жыйналыс откерилетугынын айтып ертерек шыгыудын илажын корип атырганда сол кайин ата жане аукат сылтаулап иркиуге тырысты. Умит енем бар болмаса кызлар бар мен казанды аркалап жургеним жок, тек бугинше еплей турсын деп кетип баратыр еди. Изинен сенин олар кулын емес аукатынды асып отыратугын кетсен кайтып келиуши болма деп катан турде буйрык етип айтты. Умыт асыга журип кетти. Ол мектепке барыпта, жыйналыста отырыпта берекети болмады. Басы ауырып катты ойланды, мунайды, не ислеринде билмеди. Уйге кайтып баргысыда келмеди. Барса сол базы баягы " майда" катынша" кайин ата кутип аларын билер еди. Коп ойланды, кейин шыдамай жумыстан тууры торкинге карай жол алды. Уйде анасы кутип алды. Олда бир нарсени сезгендей кауетерлене баслады, бирак билдирмеди. Умитте бирден гап баслай коймады. Азырак дем алды, шай тамагын ишти. Кейин анасы менен сырласа баслады. Анасы дым унсиз калды. Себеби ол усы уакытка шекем бул дарежеде болып атырганын, бурынлары келгенинде бар акылын айтып, кемисин питкерип, берип жиберип отыр еди. Усылай ол бир кун дем алып ертенине сол жумысына торкиннен барып, кайтыуды дауам еттирди. Умиттин ойлаганы азы кем кадиримди билсин, корсин дегени еди. Ол усылай етип бир еки хапте уйден катнап турды. Деген менен тилекке карсы мектепке еки районнын ортасында еки машынга минип, кайтарда жане еки машынга минип кайтар еди. Даўамы👇👇

#Өмир сабаклары КЕЛИНГЕ КОРСЕТИЛГЕН ЗУЛЫМЛЫК.. Умит шанаракта, тил алгыш, шаккан, шебер, болып ости. Мектепте де сабакларынан жаксы бахаларга окыды. Мектепти тамамлаган сон ози ойлаган окыу орнына кирип, мугаллим болыуга еристи. Ози окыган мектепке мугаллим болып келди. Умитти сол шакканлыгына, шеберлигине кызыгып келин кылып жургиси келгенлер енди абден оган хауес пенен карайтугын болды. Соз салып, сорап келиушилерде кобейди. Деген менен Умиттин ойлаганы баска еди. Ата анама жардемим тийсе, мына торт болмени кенейтип, жане бир еки болме косып, алсак деген ойлары бар еди. Сол арада ол каланы да, уйдин кемшилик жагдайларына да итибарлы болып азы кем болсада улесин косып жардем етип журди. Усындай кунлердин биринде базарда базарлап жургенинде, сыртынан таныйтугын Бахыт деген жигит жоралары менен биргеликте алып кашып кетти. Умитде жуда жаман жигитке усамасада тагдирге тан берип калыуды макул корди. Ол барган шанарактын хурмет иззетин оз орны орнына койып, хызмет етиуден шаршамады. Еки жактын келисими менен сол аймактагы мектеплердин бирине мугаллим болып орналасыпта алды. Деген менен Умит бул шанарактын, тарбиясынан шанарак агзаларынын минез кулкынан улыума бийхабар еди. Себеби изинде уйдеги бийкешлери Умит мектепке жумыска кетсе кишесине караспай, уй ишлери жумысларын каратып озлери тек Умитти " ешекке терис" мингизип бул жумысын сылтау етип бизлерге таслап жур деген гапти кобейтип журди. Умитте усылар сойлемесин деп жумыстан гейде калып, гейде сорап журди. Тилекке карсы ата енеде жасы улкенлик етиудин орнына оларда кызлар тарепке отип баратырган сыяклы еди. Ойткени ол бир куни кыс айында уй жумысларын болып енди кийинип жумыска атланар гезде кайин атасы туски аукатынды асып кет деп оны иркип калды. Умит хайран калсада билдирмеди. Аукаттын басын баслап таярлап писип шамаласканда ата енеден рухсат алып жумыска карай асыкты. Мектепте болса ози жакында келседе кешигип келиу колайсыз жагдай екенлигин бетине айтпасада сыртынан айтып жургенлерин еситпегенге алып журди. Ойткени олар Умиттин жагдайын тусинбес еди. Усындай кунлердин биринде кундегидей ерте танда турып азангы шайларын берип, дастурхан жыйналып дарриу туски аукатты ертелеу баслап калаганын бийкешлер озлери тусинип жайгастырар деп ойлап болмесине кирип жумыска таярланды. Буннан бийкешлеринин хабары да жок еди себеби еле олар азангы уйкысынан турмаган, тек ата ене дастурхан басында саубетлесип отыр еди. Бир уакытта ене бир бане менен асханага кирип аукаттын толык тайын болмаганын корип, дарриу баласын хам кайын атасын хабарландырды. Бунын барин Умит сезипте тур еди тек бир жыр тауылмаса болганы еди деген ой онын тынышын алып атырган еди. Енди етигин кийип есиктен шыгар уакта оны " кыйкым" атасы кутип алды. Ана атызда бауланып турган гауышларды кора бетке куниге жигирмадан тасып болып жумысына кетесен деп буйрык берди. Умит ан тан, кулеринде, жыларында билмеди. Себеби жер батпак, жауын болса жауып тур.Бул созлерден хабары бар ене кирип шыгып ауа тасый гойса хазир кызлар турса оларгада айтамыз деп бир мазак еткендей тур билдирди. Ози жумыска асыгып, ашыу устинде турган Умит шыдамады. Тасыйтугын болсаныз озлериниз куни бойы боссызларго, ана кызларда Бахытта жардем берсе бир саатга бармай боласызларго деп тонкылдап жибергенин озиде билмей калды. Сойттиде ол жумыска асыга тез тез журип кетти. Жолда бес алты метр журип биресе, жан жагына карап, биресе козинин жасын сыпырып хеш ким жокпа екен деген маганада жолын дауам етти. Усы арада Бахыт изинен жууырып жетип алды. Умит мени жубатыу ушын екенго деп дамеленди. Ойлаганындай болмады кайта ол изге кайтып сол жигирма бауды тасып кетиуди талап етти. Болмаса акеси сени, мени сыйламай кетти, хаялыннан, коркасан, саган бойсынбайма, деп азап берип атырганлыгын айтып жарылды. Умит бул жерде уйде сол "майда" кайин атанын айтканы айткан, дегени деген болып адалатсызлыклар коршауында екенин алле кашан тусинип жеткен еди.Бахытта шанаракта жалгыз бала болып оскенликтен дала жумысларынын бар озинин мойнында еди. Карындаслары болса уйден шыкпай биринин айтканын бири кылмай, саны барда сапасы жок деген гап усыларга тийислидей еди.👇

Ҳаял аўзын, ер адам көзин жумған шаңарақта, елиў жыл ўақыт өтсе де жәнжел болмайды... https://t.me/ibratli_sozler
Ҳаял аўзын, ер адам көзин жумған шаңарақта, елиў жыл ўақыт өтсе де жәнжел болмайды... https://t.me/ibratli_sozler

КҮЙЕЎ БАЛА Толы сумкаларды көтерип келген баласын көрип, анасы оны еркелетти. – Ай балам, меҳрибаным, генжетайым, келдиң бе? – Булар ағам екеўиңиздиң сәҳәрликте, аўзашарда жейтуғынларыңыз. – Берекет тап, қасыма отыр балам, айтатуғын гәплерим бар. Үйлендиң. Енди әкеңниң мойнындағы «алақоржынды» әсте өзиң ал. Сизлердиң сегизиңизди адам қылыўдың өзи болмады. Ҳадал тәрбиямызды бердик. Келинниң келгенине де еки айдан өтипти. Ертең оны алып ата-анасынан хабар алып келиң. – Бийкешин ертип кете берсин. – Олай деме балам. Олар да ата-анаң. Бизге не алсаң оларға да соны исле. Рамазанда саўапты толық исле, қулыным. Мине, арадан  25 жыл өтипти. Ата-анасы аманатларын тапсырды. Анасының гәпинен соң қәйин ата менен қәйин енесине меҳрибан болды. Жақында қәйин атасы аўырып қайтыс болды. Апасының сыйласығын орнына қойды. Аўылдан қыдырып келсе байғус кемпир күйеў баласының үйинде зорға бир күн қонады. – Апа сиз неге еле уяла бересиз? Бир ҳәптелеп жатсаң да Азамат қуўанады. – Қой, қызым. Азаматты балаларымнан кем көрмеймен. Бирақ, қыздың үйинде көп жатыўым орынсыз. Аманлығыңызды көрдим кете берейин. Аўылға апаңды көремиз деп көп баратуғыны гей бир жораларына жақпайды. – Қашан көрсең қәйин енем дей бересең, я қатының күшлирек шығып қалды ма? – деп үстинен де күледи. Оларға ҳақланып та отырмайды. Өзиниң қәйин журты алдындағы парызын орынласа болды. Шынында да Айгүл кемпир анасындай, барса орамалы желбиреп алдынан жүгирип шығады. Баўырына басып бетлеринен сүйеди. Күйеў баланы пайғамбар сыйлаған деп төрден орын береди. Үйиндеги кишкенелерге жезде деп емес әжаға дең деп үйреткен. Инсан ушын ата-ана пәтиясы өмириңде үлкен орын ийелейди екен. Азамат та перзентлерин «орнына қойып атыр». Исбилерменлиги жүрисип кетти. Мине, және рамазан келди. Ата-анасын ойлады. Қандай дана адамлар еди. Айгүл апасының барына шүкирлик етти. – Балам – деп жақынының емиренип айтыўы белине белбеў буўғандай болады екен. Ҳәзир апасын сағынып отыр. Оразаны баслағанда қасында болып, пәтиясын алар еди. Елдеги мына вирус жолды жаўып таслағанын айт. Қәйнисине телефон етти. – Мә, апа Азамат балаң шығып атыр. Өзиниң телефонына шықпағанына ҳайран болып телефонды қулағына басты. – Апа мынандай етип сөйлесесең деп телефонды алдына тутты. Экранда күйеў баласы пайда болғанда кемпирдиң жүреги жарылып қуўанды. Өзи келип қалғандай: – Ҳаў жан балам, шырағым барсызлар ма? Сағынып отырып едим. Кемпир күйеў баласының сөзлерин де тыңламай сөйлеп атыр. Телефон қурымағырдың бундай да өнериниң барына қуўанды. Сөйлесип болғаннан кейин де телефонның экранын сыйпалап көп отырды. Және күйеў баласы шығып келетуғындай бола берди. Үйдиң қасын сыпыратуғын келинине Азаматтың машинасының изин сыпырғызбай қойып еди. Кешеги жаўын оны жуўып кеткенине қатты ашынды. – Ене, жездем клигиме 300 мың таслады. Сизге оразаға мазалы затлар писирип беремиз. – Ақшасы емес оның соншелли меҳри болады ғой маған. Кемпир күйеў баласына узыннан узақ пәтиясын берди. – Рамазанда бир аўыз жақсы гәплериңиз бенен жақынларыңыздың кеўиллерин алыўды умытпаң, – дегиси келди Азамат ҳәммеге қарата. ✍ Арыўхан Турекеева https://t.me/ibratli_sozler

📹 🎤 "Сахра бүлбүли" Айымхан Шамуратова Сөзи:Мақтумқулы #Arxiv "Бойларыңа" Жүрсең,ярым қуўанаман, Сәрўи қаўмет бойларыңа. Гүлден липас жарасыпты, Қадди-қаўмет бойларыңа. Мен бүлбүлге әйлеп хазар, Алдың шийрин жаным нигар Зулейхадан қалған зуннар, Болсын ҳәжет бойларыңа. Көрген ашық пидә болар, Ел журтынан жуда болар, Мақтумқулы геда болар, Жин-кәрамат бойларыңа. https://t.me/ibratli_sozler

​​☝️ ХЕШ ҚАШАН НАЛЫМАҢ ! 🌹 Хəмийше налыйтуғын, майдаласып, ҳәр истен жаманлық излейтуғын инсанлар басқаларды өзинен узақласт
​​☝️ ХЕШ ҚАШАН НАЛЫМАҢ ! 🌹 Хəмийше налыйтуғын, майдаласып, ҳәр истен жаманлық излейтуғын инсанлар басқаларды өзинен узақластырыўға себеп болады хəм жоллары ашық бола бермейди❗️ 👍Бүгинги күниңиз есте қаларлық мәўритлер менен өмир дәптериңизден орын алыўына тилеклеспен! 😍 https://t.me/ibratli_sozler

Ҳеш қашан сыртқы көриниске қарап баҳа бермеген мақул... https://t.me/ibratli_sozler
Ҳеш қашан сыртқы көриниске қарап баҳа бермеген мақул... https://t.me/ibratli_sozler

Толық мағлыўмат ушын. MIRRAF.MEBEL +998905759126 +998904220374

#Төртлик Бир гезде ўақыттан арзан нәрсе жоқ, Вокзалда отырсаң ҳеш ўақыт өтпес. Бир гезде ўақыттан қымбат нәрсе жоқ, Поездға минерде бир минут жетпес. ✍И. Юсупов https://t.me/ibratli_sozler

"Шымбай деген елге кел" https://t.meibratli_sozler

#Қайырлы_түн! Күн даўамында қымбатлы ўақытларын бөлип, биз бенен бирге болған топар ағзаларына миннетдаршылық билдиремиз! Алл
#Қайырлы_түн! Күн даўамында қымбатлы ўақытларын бөлип, биз бенен бирге болған топар ағзаларына миннетдаршылық билдиремиз! Алла таала күн бойы мийнет ислеп, кейин дем алыўы ушын инсанларға түнди  жаратты. Түн де өз нәўбетин ийелеп, әтирапқа қараңғылық шөкти.  Әзизлерим, дем алың, шаршағаныңызды шығарың, күшке толың, таңға күш-қуўат топлаң.  Өзиңизди ҳәм жақынларыңызды абайлаң. Уйқыға жатпастан алдын, бүгин ким сизиң зейниңизге тийген болса, кешириң. Бәрин умытың, жақсы дем алың! 👇 Каналымызға ағза болыўды умытпаң! https://t.me/ibratli_sozler

Әй, адамзат! Билмейсеңбе еле сен-- Урыспай-ақ өлесең. Авторы ким?
Anonymous voting